1. Оқы (ҳәй Муҳаммад! Пүткил барлықты) жаратқан Рәббиңниң исми менен!
2. (Ол) инсанды уйыған қаннан жаратты.
3. Оқы! Ал, Рәббиң ҳүрметленген.
4. Ол (инсанға) қәлем менен (жазыўды да) үйретти.
5. Ол инсанға билмеген нәрселерин билдирди.
6. Яқ, Ҳақыйқатында да инсан, ҳәддинен асады.
7. (Буған) себеп өзин бай (бийқәжет) санаўы.
8. (Ҳәй инсан!) Әлбетте, қайтыў – Рәббиңниң алдына.
9. (Ҳәй инсан!) Көрдиң бе, қайтарып атырған адамды
10. бендени намаз оқып атырғанда?!
11. Көрдиң бе – егер ол (қайтарыўшы) өзи туўры жолда болса екен,
12. ямаса (басқаларды) тақўаға (Аллаҳтан қорқыўға) буйырса екен!
13. Көрдиң бе, егер ол (намаздан тосыўшы кимсе, керисинше ҳақты) жалғанға шығарса ҳәм (ийман келтириўден) жүз бурса,
14. әлбетте, Аллаҳ (оның бул қылмысларын) көрип турыўын билмеген бе еди?![2]
15. Яқ! Егер ол (бул жолынан) қайтпаса, әлбетте, Биз оның маңлай шашынан услаймыз
16. сол жалғаншы, адасқан адамның маңлай шашынан (услап дозаққа ылақтырамыз)!
17. Солай екен, ол өзиниң топарын (жәрдемге) шақыра берсин!
18. Биз азап периштелерин шақырамыз!
19. Яқ! (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оған бойсынба ҳәм (жалғыз Аллаҳға) сәжде (ибадат) қылып, (Оған) жақын бол![3]
[1] 96. АЛАҚ СҮРЕСИ
«Алақ» – уйыған қан. Бул жерде ана қарнындағы ҳәмилениң раўажланыў барысындағы бир басқыш, яғный уйыған қанға айланған ҳалаты.
[2] 8–14-аятлар. Бул аятлар атақлы кәпир Әбиў Жаҳл ҳаққында нәзил етилген. Ол Пайғамбарға (а.с.) азар ҳәм зыян жеткериўди өз алдына мақсет қылып қойған болып, Ҳақ таала оны усылай ескерткен.
[3] 19-аят. Сәжде аяты.