1. Қыямет күни менен ант қыламан
2. және маламатшы нәпси менен ант қыламан (қыямет күни қайта тирилип, есап-санақ қылынасыз)!
3. Инсан оның (ширип кеткен) сүйеклерин қайта жыйнай (тиклей) алмайды, деп Бизден гүман ете ме?!
4. Яқ, Биз (сол Күни) оның бармақларын (да қайта тиклеп,) тегислеп қойыўға қәдирмиз.
5. Ал, инсан келешекте гүна ислерди ислеўди қәлейди.
6. «Қыямет күни қашан?» – деп сорайды.
7. Енди қашан (қыямет қорқынышынан) көз қамасса,
8. Ай да тутылса,
9. Қуяш ҳәм Ай бирлестирилсе,
10. сол Күни инсан: «(Жазадан) қашатуғын жер қәне?» – деп қалады.
11. Яқ! Паналайтуғын жер жоқ!
12. Ол Күни (ҳәй инсан!) Орналасыў орның тек Рәббиңе (алдында).
13. Ол Күни инсанға (дүньяда) ислеп өткен ҳәм қалдырған ҳәмме нәрселердиң хабары бериледи.
14. Ал, (ол Күни) инсан (ағзалары) өзиниң зыянына гүўалық береди
15. егер (ол) үзирлерин (ортаға) тасласа да.
16. (Ҳәй Муҳаммад! Қуранды) тезирек (ядлап) алыў ушын тилиңди оның менен (көп) қыймылдата берме[2].
17. Әлбетте, Оны (сениң кеўлиңде) жәмлеў де, Оның (тилиңдеги) қирәәти де – Бизге.
18. Солай екен, Биз (Жәбрайыл тилинде) оны оқысақ, онда сен де Оны оқыўға ер!
19. Соң Оны (Қуранды) баян етип бериў де – Бизге.
20. Яқ! (Ҳәй Мәккә мушриклери!) Ал, сизлер таярды (дүньяны) жақсы көресиз.
21. Ақыретти (оған таярланыўды) тәрк етесиз.
22. Ол Күни (айырым) жүзлер – жайнап турыўшы,
23. Рәббисин көриўши.
24. Және ол Күни (айырым) жүзлер бүрискен ҳалда,
25. өзлерине жаманлық болыўын ойлап (күтип) турады.
26. Яқ! Қашан, (жан) алқымға келсе,
27. (жан тапсырып атырғанда): «Дем салыўшы бар ма?» – деп қалынғанда,
28. (жан берип атырған адамның) өзи буны (усы дүньядан) ажыралыў екенин аңлағанда,
29. (жан бериў қыйынлығынан) аяқ аяққа айқасқанда,
30. Сол Күни Рәббиңниң алдына айдалып барыў бар.
31. Ол (Қуран ҳәм пайғамбарды) тастыйықламады ҳәм намаз да оқымады.
32. Ал, ол (Қуранды) жалғанға шығарды ҳәм (ийманнан) жүз бурды.
33. Соң гәрдийип, өз әҳлине кетти.
34. (Ҳәй жақсылықты билмейтуғын инсан!) Ҳалыңа ўайл болсын сениң, ҳалыңа ўайл!
35. Соң (және) ҳалыңа ўайл болсын сениң, ҳалыңа ўайл!
36. Инсан өзин бийкарға таслап қойылады, деп ойлай ма?!
37. Ол (жатырға) төгилетуғын мәнийден ибарат бир (арзымаған) нутфа емес пе еди?
38. Соң уйыған қан болды. Кейин, (Аллаҳ) оны жаратты, соң тикледи.
39. Кейин, оннан жубайлар – еркек ҳәм ҳаял(ды пайда) етти.
40. Сол (Аллаҳ қыямет күни) өлилерди тирилтиўге қәдир емес пе?! (Әлбетте, қәдир).
[1] 75. ҚЫЯМАТ СҮРЕСИ
Сүреде қыямет күни жүз беретуғын ҳәдийселер, қайта тирилиўдиң ҳақлығы, есап-санақ, жаза ҳәм сыйлықлар, дүньяпаразлықтың унамсыз ақыбетлери, ақыретте жәннет бойлап Аллаҳ өзи таңлаған солиҳ бенделерине дийдарын көрсетиўи, ширк ҳәм күпирде өткенлердиң жүзлери қарайып кетиўи, өлимниң ашшылығы ҳәм басқа мағлыўматлар баян етилген.
[2] 16-аят. Әдетте Пайғамбар (а.с.) Қуран сүрелери ҳәм аятларын Жәбрайылдан (а.с.) қабыл етип алғаннан кейин өзин қыйнап болса да, ядынан шығармаў ушын көп тәкирарлайтуғын еди. Ҳақ таала оны бул машақаттан азат етти. Сонлықтан, Қуран аятларын Жәбрайылдан (а.с.) бир еситиўде ядлап алыў қәбилети инам етилди.