Қураны кәрийм аўдармасы

Ихлас

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Ол Аллаҳ – жалғыз.

2. Аллаҳ – Cомад (Өзи ҳеш нәрсеге мүтәж емес, басқа ҳәмме Оған мүтәж)[2].

3. Ол туўмаған ҳәм туўылмаған да.

4. Сондай-ақ, Оның ҳеш бир теңи жоқ»[3].



[1] 112. ИХЛАС СҮРЕСИ

«Ихлас» – қалыс қылыў, (ийманды) пәклеў. Сүре Мәккә мушриклериниң Аллаҳ туўралы надурыс исенимлерине қарсы пикир ҳәм де Пайғамбарымызға «Пәрўардигарыңның нәсил-насабы не?» деп наданларша берген сораўына жуўап тәризинде нәзил етилген. Себеби, олардың ақыйдалары бойынша, Аллаҳ жалғыз емес, ол базы нәрселерге мүтәж, Оның перзентлери бар, басқа бутларда да илаҳий күш-қүдирет бар деген бузық ҳәм жалған идеология бар еди.

[2] 2-аят. «Сомад» сөзиниң басқаша тәфсирлери де бар.

[3] 4-аят. «Ихлас» сүресиниң пазыйлетлери ҳаққында көп ғана ҳәдиси шәрийфлер бар. Оларға муўапық, бул сүре Қураны кәриймниң үштен бирине тең екенлиги, оны он мәрте оқыған адамға жәннетте бир сарай қурылатуғыны, оны қирәәт қылыў жәннетий болыўға себеп екенлиги ҳаққында хош хабарлар бар.