1. Қооф. Уллы Қуран менен ант етемен![2]
2. Аўа, оларға (периштелер орнына) өзлеринен болған бир ескертиўши (пайғамбар) келгенинен әжепленди. Сонда кәпирлер айтты: «Бул – жүдә қызық нәрсе ғой!
3. Бизлер өлип, топыраққа айланғанымызда (және тирилемиз бе)?! Бул – жүдә узақ (ақылға сыймайтуғын) қайтыў».
4. Ҳақыйқатында да, Биз оларды (өлилерди) Жер кемейтип атырғанын (ширип топыраққа айланып атырғанын) билгенбиз. Ал, Бизиң алдымызда (қылған ислерин жазылған ҳалда) сақлаўшы Китап (Лаўҳул-маҳфуз) бар.
5. Яқ, оларға ҳақ (Қуран) келгенде, оны да жалғанға шығарды. Демек, олар гүмилжи (анық емес) бир исте[3].
6. Төбелериндеги аспанды – Биз оны қалай бина қылып, (жулдызлар менен) безеп қойғанымызды ҳәм оның тесиклери (жарықлары) жоқ екенин көрмей ме?!
7. Ал, Жерди созып (жайық, кең қылып) қойдық, оған таўларды тасладық ҳәм ол жерде (өсимлик, мийўелерден) түрли гөззал жупларды өсирдик.
8. (Рәббисине) қайтыўшы ҳәр бир бендеге көргизбе ҳәм еслетпе болыўы ушын (усылай еттик).
9. Аспаннан берекетли суўды (жаўынды) түсирдик ҳәм де оның менен бағларды ҳәм орып алынатуғын дәнлерди өсирдик.
10. Және тығыз мийўели, шақалары бәлент қурмаларды да (өсирдик).
11. Бенделерге ырысқы болыўы ушын (усылай еттик). Және оның (суў) менен «өлген» қаланы (жерди) «тирилттик». (Қәбирлерден тирилип) шығыў да усындай болады.
12. Олардан (Мәккә кәпирлеринен) алдын Нуҳ қәўими, қудық ийелери (Шуайб қәўими) ҳәм Самуд (қәўими де) жалғанға шығарды.
13. Сондай-ақ, Ад (қәўими), Фиръаўн (қәўими), Луттың «ағайинлери»,
14. тоғай ийелери (Шуайб қәўими) ҳәм Тубба қәўими де. (Олардың) ҳәммеси пайғамбарларды жалғанға шығарғаннан кейин, Мениң ўәдем (азабым) ҳақыйқат болды.
15. Биз алдынғы жаратыўда (жоқтан бар етиўде) әззилик қылдық па? Яқ! Ал, олар қайта жаратылыўдан шубҳада.
16. Әлбетте, инсанды (Биз) жаратқанбыз, (демек,) оның нәпси нени ўасўаса етиўин (кеўлинен өтетуғын нәрсени) билемиз. Биз оған мойын тамырынан да жақынбыз.
17. Солай екен, (адамның) оң ҳәм шепте (тәреплеринде) отырған еки (жазып турыўшы периште) қабыл етип (жазып) турады.
18. Ол бир сөз айтса, әлбетте, оның алдында таяр турыўшы ҳәм бақлаўшы (сөзди жазып алыўшы периште) бар.
19. Өлим мәслиги (жан шығыўы) ҳақыйқатында да (жетип) келди. (Ҳәй инсан!) Бул (өлим) – сен оннан қашып жүрген нәрсе.
20. (Көз алдыңызға келтириң,) Суўр да шалынды. Бул – (кәпирлерге азап) ўәде етилген Күн.
21. Ҳәр бир жан өзи менен бирге (оны мәҳшарға) айдаўшы (бир периште) ҳәм (ислерине) гүўалық бериўши (екинши периште) менен бирге келди.
22. (Ҳәй инсан!) Әлбетте, сен буннан (бул аўыр күннен) ғәплетте едиң. Енди Биз сениң пердеңди аштық ҳәм бүгин көзиң өткир.
23. Оның (кәпирдиң) «жақыны» (болған периште): «Мынаў (әмел китабы) – мендеги (ҳәмме ўақыт) таяр нәрсе», – деди.
24. (Дозақ хызметкерлеринен еки периштеге айтылады:) «Ҳәр бир нашүкир, қайсарды жәҳәннемге таслаң!
25. (Және) жақсылыққа тыйым салыўшы, ҳәдден асыўшы, (Аллаҳға) шубҳа етиўшини де,
26. ол Аллаҳ пенен бирге басқа «илаҳ»ты (қудай) етип алған еди. Енди оны қатты азапқа таслаң!
27. Оның жақыны (шайтан): «Я Рәббимиз, оны мен (туўры жолдан) азғырғаным жоқ, бирақ оның өзи (туўры жолдан) узақ адасыўда болды», – дейди.
28. (Аллаҳ) айтады: «Мениң алдымда тартыспаң! Мен илгери сизлерге қорқытыў (ескертиў) қылдым.
29. Мениң алдымда (қылынған) сөз өзгертилмейди ҳәм Мен бенделерге зулым (наҳақлық) қылыўшы емеспен».
30. Ол Күни Биз жәҳәннемге: «Толдың ба?» – деймиз. Ал, ол: «Және қосымша бар ма?» – дейди.
31. Жәннет тақўалыларға узақ болмаған жерге (бир мәканға) жақынластырылды
32. (ҳәм оларға былай айтылады:) «Мынаў (неъматлар) сизлерге – (Аллаҳға) қайтыўшыға, (келисимин) сақлаўшыға (ўәде етилген нәрсе).
33. Сондай-ақ, Роҳманнан (Оны) көрмей турып қорыққан ҳәм тәўбе етиўши кеўил менен келген адамларға да (ўәде етилген).
34. «Оған (жәннетке) саламат кириң! Бул (Күн) – мәңгилик Күни» (– делинеди).
35. Оларға ол жерде қәлеген нәрсеси бар. Бизиң алдымызда зыядасы (инамлар) да бар.
36. Олардан (Қурайш кәпирлеринен) алдын, олардан көре күшлирек әўладлардан қаншасын қыйраттық. Сонда қашатуғын жер бар ма екен, деп қалаларды гезип жүрди.
37. Әлбетте, бунда (ояў) кеўил ийеси болған ямаса өзи бар болып, қулақ асқанларға еслетпе бар.
38. Әлбетте, аспанлар ҳәм Жерди ҳәм де олардың арасындағы (бар) нәрселерди алты күнде жараттық. Бизлерге ҳеш қандай шаршаў жетпеди.
39. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Олардың (кәпирлердиң) айтып атырған сөзлерине сабыр ет ҳәм Қуяш шығыўынан алдын ҳәм батыўынан алдын Рәббиңе мақтаў менен тасбиҳ айт (намаз оқы)!
40. Және түнде (бир бөлегинде) ҳәм сәжделерден (намаздан) кейин Оған тасбиҳ айт![4]
41. Жаршы (Исрапыл периште) жақын жерден жар салатуғын Күни (оған) қулақ сал!
42. Ол Күни олар (бәрше халайық) ол (қорқынышлы) қышқырықты ҳақыйқатында да еситеди. Әне сол – (қәбирлерден) шығыў күни.
43. Әлбетте, Биз (ҳәмме жанзатты) тирилтемиз ҳәм өлтиремиз. Қайтыў да тек Бизге.
44. Ол Күни олардың үстиндеги жер жарылып, (олар) асыққан ҳалларында (шығады). Әне сол – Биз ушын аңсат болған топлаў.
45. Биз олар (кәпирлер) айтып атырған гәплерди жақсы билемиз. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен олардың үстинде турып (ийманға) зорлаўшы емессең. Солай екен, Қуран менен Мениң қорқытыўымнан қорқатуғын адамларға нәсият ет.
[1] 50. ҚОФ СҮРЕСИ
Қоф – араб әлипбесиниң 21-ҳәриби. Сүреде ийман, исеним, күпир, ширк, дүнья ҳәм ақырет, атап айтқанда, өлгеннен кейин қыяметте тирилип, Аллаҳтың алдында есап бериў сыяқлы мағлыўматлар өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 1-аят. Ант етилди, бирақ анттың жуўабы, яғный неге ант етилгени аятта зикир етилмеди. Буның себеби ант жуўабының кейинги аятлар мазмунынан аян болып турғаны есапланады. Демек, анттың жуўабы – Сиз, ҳәй Муҳаммад! Қайта тирилиў ҳақ екенин ҳәр қанша дәлиллемекши болсаңыз да Мәккә әҳли исенбейди, деген гәп.
[3] 5-аят. Гүмилжи ҳалатлары – мушриклер Қуранға сыйқыр, қосық, әпсана, палкерлик китабы деп гийне еткенде түскен қапашылық ҳалатлары.
[4] 40-аят. Усы ҳәм алдынғы 39-аятларда бес ўақыт намаздың ўақытларына ишара бар. Мәселен, «Қуяш шығыўынан алдын» ибарасы таң намазының ўақтына, «батыўынан алдын» ибарасы песин менен аср намазларының ўақытлары, 40-аяттағы «түнниң бир бөлиминде» ибарасы шам менен хуптан намазларының ўақытлары есапланады (Мд.).