Қураны кәрийм аўдармасы

Муҳаммад

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Күпир келтирген ҳәм (адамларды) Аллаҳтың жолынан тосқанлардың (ийгиликли) ислерин (Аллаҳ) пайдасыз қылады.

2. Ийман келтирген, ийгиликли әмеллерди қылған ҳәм Рәббисинен ҳақыйқат болып Муҳаммадқа нәзил етилген нәрсеге (Қуранға) ийман келтиргенлердиң гүналарын өширеди ҳәм ислерин дүзетеди.

3. Буған себеп – әлбетте, күпир келтиргенлердиң наҳақлыққа ериўи, ал ийман келтиргенлердиң Рәббисинен болған ҳақыйқатқа ериўи. Аллаҳ инсанларға өзлериниң мысалларын усылай келтиреди.

4. (Ҳәй мөминлер!) Қашан күпир келтиргенлер менен соқлығыссаңыз, онда «мойынларға урың»[2]. Қашан оларды қыйратсаңыз (ҳәм қул қылсаңыз), онда (оларды) беккем байлап қойың! Кейин я кеңшилик қылып (оларды азат қыласыз), я төлем аласыз ҳәтте урыс өзиниң жүгин қойғанша (тоқтағанша, сизлерге буйрық –) усы. Аллаҳ қәлесе, олардан (урыссыз-ақ) үстем келер еди, бирақ Ол сизлердиң айырымларыңызды айырымларыңыз бенен сынаў ушын (сизлерди урысқа буйырады). Аллаҳ жолында өлтирилгенлердиң әмеллерин (Ол) сирә зая қылмайды.

5. Оларды (жәннет жолына) ҳидаят қылады ҳәм ислерин дүзетеди.

6. Оларды (Аллаҳ) Өзи танытқан жәннетке киргизеди.

7. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер Аллаҳға жәрдем берсеңиз (динниң раўажланыўы ушын ҳәрекет қылсаңыз), Ол да сизлерге жәрдем береди ҳәм адымларыңызды беккем қылады.

8. Күпир келтиргенлер бахытсызлыққа ушырайды ҳәм (Аллаҳ) олардың (қайырлы) әмеллерин (саўапсыз) зая қылады.

9. Буған себеп – олардың Аллаҳ нәзил еткен нәрсени (Қуран ҳәм ондағы ҳүкимлерди) жаман көргени. Солай екен, (Аллаҳ) олардың әмеллерин бийҳуўда қылады.

10. Олар Жер бетинде жүрип, өзлеринен алдынғы (иймансыз)лардың ақыбети қандай болғанына қараса болмай ма? Аллаҳ оларды қырып таслады ғой! Кәпирлерге де усыған уқсас (ақыбет) болады.

11. Буған себеп – әлбетте, Аллаҳ ийман келтиргенлерге дос (қәўендер) екени ҳәм кәпирлер ушын дос жоқ екени.

12. Әлбетте, Аллаҳ ийман келтиргенлер ҳәм ийгиликли ис ислегенлерди астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. Күпир келтиргенлер (дүнья ләззетлеринен) пайдаланады ҳәм ҳайўанлар аўқатланғандай аўқатланады[3] ҳәм олардың (баратуғын) жери – дозақ.

13. (Ҳәй Муҳаммад!) Сени қуўған қалаңнан (Мәккә халқынан) қуўатлырақ қаншадан-қанша қаланы(ң халқын) қыйратқанбыз. Кейин оларға (Бизиң азабымыздан) жәрдем бериўши болмаған.

14. Рәббисинен анық ҳүжжетке (Қуранға) ийе болған адам (сен ҳәм мөминлер) менен жаман әмели өзине зийнетли көринген ҳәм ҳаўайы нәпсине ерген (кәпир)лер тең бола ма?!

15. Тақўалыларға ўәде етилген жәннеттиң мысалы (мынадай): ишинде өзгермейтуғын суўдан болған дәрьялар, дәми өзгермейтуғын сүттен болған дәрьялар, ишиўшилерге ләззетли (ақылдан аздырмайтуғын) шараптан болған дәрьялар, тынық палдан болған дәрьялар бар. Олар ушын ол жерде ҳәр түрли мийўелер бар ҳәм Рәббисинен кеширим бар. (Енди усындай жәннетий адамлар) дозақта мәңги қалыўшы ҳәм жүдә ыссы суў менен суўғарылып, ишеклери титилип кеткен адамлардай бола ма?

16. (Ҳәй Муҳаммад!) Олардан (еки жүзлилерден) саған қулақ салып ҳәтте, сениң алдыңнан шыққанда, илим берилгенлерге (масқара сыпатында): «Ҳәзир не деди?» – дейди. Әне солар – кеўиллерин Аллаҳ тамғалаған ҳәм ҳаўайы нәпсилерине ергенлер.

17. Ҳидаят тапқанлардың ҳидаятын (Аллаҳ) зыяда қылды ҳәм оларға тақўаларын берди.

18. Олар тек қыяметтиң тосаттан келиўин күтип атыр. Ҳақыйқатында да, оның белгилери келди[4]. Енди оларға (қыямет) келген ўақытта, олардың еслетпе алыўы қалай болады?!

19. Солай екен, Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ екенин бил ҳәм де өзиңниң, мөмин еркеклердиң ҳәм мөмин ҳаяллардың гүналары ушын (Аллаҳтан) кеширим сора! Аллаҳ сизлердиң (бул дүньядағы) гезетуғын жерлериңизди де, (ақыретте) баратуғын жерлериңизди де биледи.

20. Ийман келтиргенлер: «(Мушриклер менен урысыўға буйыратуғын) бир сүре нәзил етилсе еди», – дейди. Енди қашан анық сүре нәзил етилип, онда урыс ҳаққында айтылса, кеўиллеринде кесели[5] барлардың саған тап өлимнен (қорқып,) бийҳуш болып қалған адамның қарағанындай қарап атырғанын көресең. Оларға ылайық нәрсе –

21. бойсыныў ҳәм жақсы сөз (айтыў) еди. Енди ис (урыс) анық болғанда, Аллаҳға садық (расгөй) болса, өзлерине жақсы болар еди.

22. Егер (ийманнан) жүз бурсаңыз, Жер бетинде бузғыншылық етип, ағайиншиликти (байланысларын) үзип қоясыз, әлбетте.

23. Соларды Аллаҳ нәлетледи, солай екен, олардың (қулақларын) «герең» ҳәм көзлерин «соқыр» қылды.

24. Олар Қуран (аятлары) ҳаққында пикир жүритпей ме? Ямаса кеўиллерде «қулыплары»[6] бар шығар?!

25. Әлбетте, өзлерине ҳидаят (жолы) рәўшан болғанынан кейин (және) артларына (күпирге) қайтқанларға (бул ислерди) шайтан зийнетлеп көрсетти ҳәм олар ушын (пуш арзыўларды) узайтып қойды.

26. Буған (күпирге қайтыўына) себеп – әлбетте, олардың Аллаҳ нәзил еткен нәрсени (Қуранды) жаман көргенлерге: «Бизлер сизлерге айырым ислерде бойсынамыз», – деп айтқанлары. Аллаҳ олардың сырларын билип турады.

27. Енди периштелер олардың бетлерине ҳәм артларына урып жанларын алып атырғанда (аўҳаллары) қалай болады?!

28. Буған себеп – әлбетте, олардың Аллаҳты ғәзеплендирген нәрсеге (еки жүзлиликке) ерип Оның разылығын (кәпирлерге қарсы урыс қылыўды) жаман көриўи. Енди (Аллаҳ) олардың (ислеген жақсы) әмеллерин (саўапсыз ҳалда) бийҳуўда кетирди.

29. Ямаса кеўиллеринде кесел (еки жүзлилик) бар (адам)лар, Аллаҳ олардың (кеўиллериндеги) душпанлығын әшкара қылмайды, деп ойлай ма?!

30. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер қәлесек, Биз оларды (еки жүзлилерди) саған көрсетип (танытып) қойған болар едик, сонда сен оларды белгилеринен таныйсаң. Әлбетте, сен оларды гәптиң рәмәўизинен таныйсаң. Аллаҳ (бәрше) ислериңизди билип турады*.

31. Әлбетте, Биз сизлердиң араңыздағы жиҳад қылыўшы ҳәм сабыр етиўшилерди билемиз дегенше ҳәм де сизлердиң хабарларыңызды сынап боламыз дегенше, сизлерди имтиҳан қыламыз[7].

32. Әлбетте, күпир келтиргенлер ҳәм (басқаларды да) Аллаҳтың жолынан тосқанлар ҳәм де өзлерине ҳидаят (жолы) анық болғаннан кейин Пайғамбарға қарсы шыққанлар Аллаҳға ҳеш зыян келтире алмайды. (Аллаҳ) олардың ислерин бийҳуўда кетиреди.

33. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға бойсының ҳәм Расулға бойсының! Әмеллериңизди зая қылмаң.

34. Әлбетте, күпир келтирип ҳәм (басқаларды) Аллаҳтың жолынан тосып, кейин кәпир ҳалында өлгенлерди Аллаҳ сирә кеширмейди.

35. Солай екен, (ҳәй мөминлер! Урыста) босаспаң ҳәм өзлериңиз үстин болып турып, (оларды) келисимге шақырмаң! Аллаҳ – сизлер менен бирге. Ол қылған ислериңизди(ң саўабын) сирә кемейтпейди.

36. Әлбетте, бул дүнья өмири – тек ойын ҳәм ермек. Егер ийман келтирсеңиз ҳәм тақўа қылсаңыз, (Аллаҳ) сыйлықларыңызды береди ҳәм мал-дүньяларыңызды (бериўди) сорамайды.

37. Егер (Аллаҳ) сизлерден (мал-дүньяларыңызды) сорап, сизлерди қыйнаса, сизлер сықмарлық қыласыз. (Аллаҳ) сизлердиң (кеўиллериңиздеги) кеклериңизди шығарады (әшкара қылады).

38. Ҳәй сизлер! Аллаҳтың жолында напақа қылыўға шақырылып атырсыз. Енди айырымларыңыз сықмарлық қыласыз. Ким сықмарлық қылса, әлбетте, ол өз зыянына сықмарлық қылады. Аллаҳ бай, ал сизлер жарлысыз. Егер сизлер (Аллаҳға бойсыныўдан) жүз бурып кетсеңиз, сизлерден басқа қәўимди (орынларыңызға) алмастырып қояды. Соң олар сизлерге уқсаған болмайды[8] (ал Аллаҳға бойсынады).



[1] 47. МУҲАММАД СҮРЕСИ

Сүреде Муҳаммадтың (а.с.) исми зикир етилгени ушын оған усы атама берилген.

Сүреде мөминлер ушын саўашларда әмел етиў лазым болған нызам-қағыйдалар, Аллаҳтың дини жолында қалыс хызмет етиў, еки жүзлиликтиң жаман ақыбетлери, Аллаҳға ҳәм Расулына итаат етиўдиң пазыйлетлери ҳәм басқа илаҳий көрсетпелер баян етилген.

[2] 4-аят. Усы аяттан баслап, ҳижраттың үшинши жылы Мадина аймағындағы Уҳуд таўы етегинде мусылманлар менен Мәккә мушриклери ортасында болған саўашқа тийисли аятлар баян етилмекте.

[3] 12-аят. Аллаҳ таалаға исенбейтуғынлар, динге исенбейтуғынлар өмири даўамында ислеген ислери бойынша ақыретте есап-санақ бериў ҳаққында ойламай, тири ўақытларында ҳәр қыйлы ислерди ислеп көриўге ҳәрекет қылады. Ҳайўанлардай ҳеш нәрсени ойламай жеп-ише береди. Бул аятта булар арасында өз ара уқсаслық еслетилмекте.

[4] 18-аят. Белгилери – ақырғы пайғамбардың келиўи, Ай жарылыўы, қәҳәтшилик яки силаи раҳм азайып, накас адамлардың көбейип кетиўи сыяқлылар (Мд.).

[5] 20-аят. Бул аяттағы «кеселлик» дегенде еки жүзлилик түсиниледи. Себеби, мал-жанларын сақлап қалыў мақсетинде «ийман» келтирип, мусылманлар қатарына қосылып жүрген еки жүзлилердиң сырлары саўашқа шығыў зәрүр болып қалған пайытлары әшкара болып қалар еди. Бирақ, тиллеринде ҳәм әмелде ислам көрсетпелерине әмел қылып жүргени себепли олар кәпирликте айыпланбайтуғын еди. Ислам шәриятында сыртына қарап ҳүким қылынады. Кеўилдеги нийетлер Аллаҳтың ҳүкимине қалдырылады (Ақ.).

[6] 24-аят. Бул жердеги айырым еки жүзлилердиң кеўиллеринде, итимал, келешекте ийман келтириў нийетиниң өзи жоқ шығар. Бәлким олардың кеўиллерине Аллаҳ «ийман келтирмейди» деп мөр басып қойған шығар, делинбекте. Қуран аятлары ҳаққында пикир жүритиўге де сол мөрленген кеўиллердиң уқыпсыз болатуғынлығы бәршеге белгили.

[7] 30–31-аятлар. Еки жүзлилерди түрли сынаўлар арқалы Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға танытып қойыў ушын Аллаҳ таала усы аятларды нәзил еткен. Фузайл ибн Ияз (қ.с.) усы аятты оқығанда жылап: «Я Аллаҳым! Бизлерди имтиҳан қылма! Егер имтиҳан қылсаң, шерменде болып, азабыңа ылайық болып қаламыз», – деп илтижа қылады екен.

[8] 38-аят. Расул (а.с.) усы аятты оқып бергенде саҳабалар: «Аллаҳға итаат етиўден бас тартсақ, орнымызға ким келеди?» – деп сорайды. Ол: Салмани Фарсийдиң (рз.) ийнине қолын қойып: «Мине, мына инсан ҳәм оның миллети», – деди (Ол.).