Қураны кәрийм аўдармасы

Мулк

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Барлық) бийлик «қолы»нда болған (Аллаҳ –) берекетли (уллы) ҳәм Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.

2. (Ол) сизлердиң қайсыңыз шырайлырақ (саўаплырақ) әмел етиўши екениңизди сынаў ушын өлим ҳәм өмирди жаратты. Ол – Қүдиретли, Кеширимли.

3. (Ол) жети аспанды қабат-қабат қылып жаратты. (Ҳәй инсан!) Роҳманның жаратқанында ҳеш қандай бир-бирине туўры келмейтуғын нәрсени (кемшиликти) көрмейсең. Енди қайта (аспанға) қара, онда қандай да бир жарық (тилинген жер) көрер ме екенсең?

4. Соң көзиңди қайта-қайта (аспанға) қарат, (излеген нәрсеңди таба алмай) көзиң саған шаршап, талығып қайтады.

5. Ҳақыйқатында да, Биз (Жерге) жақын аспанды шыралар менен безедик ҳәм оларды шайтанларға атылатуғын нәрсе (таслар) қылып қойдық. Және оларға (шайтанларға ақыретте) дозақ азабын да таярлап қойдық.

6. Өзлериниң Рәббисине күпир келтиргенлерге жәҳәннем азабы бар. Буншелли жаман жер!

7. Олар (жәҳәннемге) тасланғанында, қайнап турған, өкирип атырған (жәҳәннемниң даўысын) еситеди.

8. Ол ғәзептен жарылып кетежақ болады. Ҳәр қашан оған бир топар (кәпир болғанлар) тасланғанда, оның қорықшылары: «Сизлерге (дүньяда ҳеш қандай) ескертиўши (пайғамбар) келмеген бе еди?» – деп сорайды.

9. (Олар:) «Аўа, ҳақыйқатында да, бизлерге ескертиўши келген еди. Бирақ, бизлер (оны) өтирикшиге шығардық ҳәм оларға: «Аллаҳ (ҳеш кимге) ҳеш нәрсе түсирген жоқ, сизлер тек үлкен адасыўдасыз», деген едик», – дейди.

10. Және олар (кәпирлер): «Егер бизлер (пайғамбардың сөзлерин) тыңлағанымызда ямаса ақылымызды ислеткенимизде еди, дозақ ийелери арасында болмас едик», – дейди.

11. Демек, олар өзлериниң гүналарын (усылай) тән алады. Солай екен, дозақ ийелери (Аллаҳтың мийирманшылығынан) узақ болсын!

12. Әлбетте, Рәббисинен ға­йбана қорқатуғынлар ушын (ақыретте) кеширим ҳәм үлкен саўаплар бар.

13. (Ҳәй инсанлар! Айтып атырған) сөзлериңизди жасырасыз ба ямаса ашық етесиз бе, (бәри бир) әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрсени билиўши.

14. Жаратқан (Аллаҳ Өзи жаратқан нәрселерди) билмей ме?! Ол – Латийф, Хабардар.

15. Ол (Аллаҳ) сизлерге Жерди хорланған (бойсыныўшы) етип қойды. Солай екен, оның (Жердиң) түрли тәреплеринде (саяхат, саўда ямаса дийқаншылық етип) жүриң ҳәм (Аллаҳтың берген) ырысқысынан жең! (Қыямет күни) тирилип шығыў Оның алдына.

16. (Ҳәй Мәккә кәпирлери!) Ямаса аспандағы (Аллаҳ) сизлерди Жерге жуттырып жибериўинен, кейин бирден (Жер) қозғалыўынан (ҳәм сизлерди набыт етиўинен) амансыз ба (қорықпайсыз ба)?

17. Ямаса сизлер «аспандағы» (Аллаҳ) үстиңизге азап самалын жибериўинен амансыз ба? Кейин, әлбетте, (азап келгенде) Мениң ескертиўим қандай болыўын билесиз.

18. Ҳақыйқатында да, олардан алдынғылар (өзлерине жиберилген пайғамбарларды) жалғанға шығарған еди. Сонда, Мениң инкәрым (азабым) қандай болды?!

19. Олар үстилеринде (қанатларын) жайып ҳәм жыйнап (ушып жүрген) қусты көрмеген бе?! Оларды (қусларды аспанда) Роҳманнан басқа услап турыўшы жоқ. Әлбетте, Ол – ҳәр бир нәрсени көрип турыўшы.

20. (Ҳәй мушриклер!) Роҳманнан басқа сизлерге жәрдем беретуғын әскерлер ким өзи? Кәпирлер тек (шайтанның сөзине) алданып атыр!

21. Ол (Аллаҳ) ырысқыны (сизлерден) услап қалса, сизлерге ырысқы беретуғын (басқа) ким өзи?! Яқ, олар (кәпирлер) қайсарлықта ҳәм (ҳақты) жек көриўде.

22. Ет бети менен (жерге қарап) жүретуғын адам (кәпир) ҳидаятта ма ямаса тик ҳалда туўры жолда жүретуғын (мөмин) адам ба?![2]

23. (Ҳәй Муҳаммад! Кәпирлерге) айт: «Ол (Аллаҳ) сизлерди жоқтан бар қылды ҳәм сизлерге қулақ, көзлер ҳәм кеўиллерди (пайда) қылды. (Ал, сизлер Аллаҳтың неъматларына) жүдә аз шүкир етесиз».

24. Сен: «Ол сизлерди Жер (бетин)де жаратты. Сизлер (қыяметте) Оның алдына топланасыз», – деп айт.

25. Олар (пайғамбар ҳәм саҳабаларға): «Егер расгөй болсаңыз, бул ўәде (қыямет күни) қашан болады?» – дейди.

26. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға) сен: «Әлбетте, (қыямет ҳаққындағы) билим тек Аллаҳтың алдында. Мен тек ғана анық ескертиўшимен», – деп айт!

27. Енди (қашан) олар (қыяметте азапты) жақыннан көргенде, күпир келтиргенлердиң жүзлери қараяды. Оларға: «Мынаў – сизлер (қашан болады, деп) сораған нәрсе», – делинеди.

28. (Кәпирлерге) сен: «Айтың, егер Аллаҳ мени ҳәм мениң менен болғанларды өлтирсе ямаса (өлтирмей) рейим етсе, (бул – Оның ықтыярында). Енди кәпирлерди (сизлерди) аўыртыўшы азаптан ким қорғай алады?!» – деп айт.

29. Сен: «Ол Меҳрибан, бизлер Оған ийман келтирдик ҳәм Оған ғана тәўекел еттик. Енди сизлер тез арада (қыяметте) ким анық адасыўда екенин билесиз», –деп айт.

30. Сен: «Айтың, егер суўыңыз (жерге) сиңип кетсе, кейин сизлерге ким ағын суўды әкеле алады?» –деп айт. (Өзинен басқа ҳеш ким).



[1] 67. МУЛК СҮРЕСИ

«Мулк» – патшалық, бийлик. Қарақалпақ тилинде «мүлик» сөзи бул мәниде кем қолланылып, байлық, буйым, жеке яки мәмлекетлик мүлик киби мазмунларда көбирек қолланылады.

Сүреде Жер, аспан ҳәм басқа жанзатларды жаратыўдағы Аллаҳтың ҳикмет ҳәм қүдирети, иймансыз өткенлердиң ақыреттеги өкиниўлери, ырысқы талап етиў, ҳидаят ҳәм адасыў сыяқлы темалар жәмленген.

Ҳәдисте: «Қуранда 30 аятлы бир сүре бар, оны оқығанды Ол шәпәәт етеди, ҳәтте, қыямет күни дозақтан қутқарып, жәннетке кириўине себеп болады. Ол «Табарок» сүреси болып есапланады» деген хош хабар берилген (Тр.).

[2] 22-аят. Аятта кәпирлердиң бул дүньяда ҳидаяттан бийнесиплиги ҳәм адасыўда жүриўи мисли жерге қарап жүриўши адамға уқсатылған. Әдетте жерге қарап жүрген адам гөзлеген жерин табыўы қыйын болады. Қатода (рҳ.) сөзине қарағанда, кәпирлер қыяметте де баслары жерге ийилген ҳалда болады екен (Лс.).