Қураны кәрийм аўдармасы

Маъун

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Динди (ақырет жазасын) жалғанға шығарыўшыны көрдиң бе?!

2. Солай екен, жетимге жекиринетуғын

3. ҳәм мискинге (бийшараға) аўқат бериўге қызықтырмайтуғын (кәпир) адам[2].

4. Енди сондай намазханларға ўайл болсын,

5. олар намазларын «умытып» қояды,

6. (намазларын ҳәм басқа ислерин) көзабаға қылады

7. ҳәм үй буйымларын (биреў сорап келгенде) бермейди.



[1] 107. МАЪУН СҮРЕСИ

«Маъун» – үй-руўзыгер буйымлары.

Сүреде иймансыз бенделердиң жаўыз сыпатларынан айырымлары, соның ишинде, ақырет жазасын инкәр етиў, жетимниң ҳалынан хабар алмаў, намазды умытыў, көзабалық етиў ҳәм руўзыгер буйымларын қызғаныў киби нуқсанлар санап өтиледи.

[2] 3-аят. Бул сыпат ийелери Мәккәның жаўыз кәпирлеринен Ас ибн Ўаил, Ўалид ибн Муғыйра сыяқлы адамлар есапланады. Аят олардың абырайына тийисли болса да, оның ҳүкими улыўма болып, ҳәр бир мөмин-мусылман бундай унамсыз қәсийетлерден жырақ болыўға ҳәрекет етиўи зәрүр есапланады.