1. Аспанлардағы (бар) нәрселер ҳәм Жердеги (бар) нәрселер Оныки болған Аллаҳға ҳамд болсын. Ақыреттеги ҳамд та Оныки. Ол – Ҳикметли, Хабардар.
2. Жерге киретуғын нәрсени де, оннан шығатуғын нәрсени де, аспаннан түсетуғын нәрсени де, оған көтерилетуғын нәрсени де Ол биледи. Ол – Рейимли, Кеширимли.
3. Күпир келтиргенлер: «Бизлерге қыямет келмейди», – деди. Сен: «Яқ! Ғайыпты билиўши Рәббиме ант болсын, ол сизлерге, әлбетте, келеди. Оннан аспанлар ҳәм Жердеги зәрре муғдарындай, оннан киши нәрсе де, үлкен нәрсе де Оннан (Аллаҳтан) жасырына алмайды ҳәм әлбетте, (ол) анық Китапта (Лаўҳул-маҳфузда) бар», – деп айт.
4. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди қылғанларды сыйлықлаў ушын (қыямет болады). Әне соларға кеширим ҳәм (жәннетте) пәраўан ырысқы бар.
5. Ал, аятларымызды илажсыз қалдырыўшы болыў ушын ҳәрекет қылғанларға, әйне соларға, аўыртыўшы жазадан ибарат азап бар.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Илим берилгенлер[2] саған Рәббиң (тәрепи)нен нәзил етилген нәрсениң (Қуранның) ҳақ (Китап) екени ҳәм Ол (Китап) Қүдиретли, Мақталғанның (Аллаҳтың) жолына ҳидаят қылады, деп биледи.
7. Күпир келтиргенлер (былай) дейди: «Сизлерге бөлек-бөлек болып, титилип болған ўақтыңызда, әлбетте, тазадан жаратыласыз, деп хабар беретуғын бир адамды (Муҳаммадты) көрсетейин бе?[3]
8. Ол Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқыды ма ямаса онда жинлилик бар ма?» Яқ! Ақыретке ийман келтирмейтуғынлар (дозақтағы) азапта ҳәм (ҳидаяттан) узақ адасыўда.
9. Олар алдындағы ҳәм артындағы (әтирапларындағы) нәрселерге – аспан ҳәм Жерге қарамай ма?! Егер Биз қәлесек, оларды жерге жуттырып жиберемиз ямаса үстине аспаннан бөлеклер түсиремиз. Әлбетте, бунда Оған (ийман ҳәм ықлас пенен) қайтыўшы ҳәр бир бенде ушын белги бар.
10. Ҳақыйқатында да, Биз Даўытқа (уллы) кеңшилик бердик. «Ҳәй таўлар ҳәм қуслар! Оның менен бирге (тасбиҳти) қайтар», (– дедик) ҳәм оның ушын темирди (қамырдай) жумсақ қылдық[4].
11. (Даўытқа): «Саўытлар исле ҳәм (оларды) тоқығанда өлшемли қыл! (Ҳәй Даўыт шаңарағы!) Ийгиликли ислер қылың! Әлбетте, Мен ислеп атырған (жақсы-жаман) ислериңизди көрип турыўшыман» (– дедик).
12. Сулайманға азанда бир айлық, кеште бир айлық (аралықты басып өтетуғын) самалды (бойсындырдық) ҳәм оның ушын мыс булағын ағызып қойдық. Және жинлерден де Рәббисиниң руқсаты менен оның қол астында ислейтуғынлары бар. Олардан ким буйрығымыздан шықса, Биз оған жалын азабын таттырамыз.
13. Олар оған (Сулайманға мыстан) меҳраб (ибадатхана)лар, ҳәйкел (сүўрет)лер, ҳаўызлардай (үлкен) табақлар ҳәм (ошақларға) орналасқан қазанлардан қәлегенин соғып берер еди. «(Ҳәй) Даўыт шаңарағы! (Бул неъматлардың) шүкирлиги ушын әмел (ибадат) қылың! Бенделеримнен (Аллаҳға) шүкир қылыўшылары аз».
14. Кейин, Биз Сулайманға өлимди ҳүким қылған ўақтымызда, оларға оның өлими ҳаққында ҳасасын (сүйенип турған таяғын) жеп атырған ағаш қурты ғана билдирди. Кейин, ол жығылған ўақытта, жинлер анық билди, егер олар ғайыпты билиўши болғанда бул хорлаўшы азапта (мийнетте узақ мүддет) қалмаған болар еди[5].
15. Ҳақыйқатында да, «саба»лылар ушын өзлериниң туратуғын жерлеринде (Аллаҳтың кеңшилигине тийисли) бир белги бар еди – оң ҳәм шептен еки бағ болып (Биз оларға): «Рәббиңиз ырысқысынан жең ҳәм Оған шүкир қылың! (Қалаңыз) жақсы қала. (Рәббиңиз –) кеширимли Рәбби», (– дедик) [6].
16. Кейин олар (шүкирден) бас тартты. Кейин Биз олардың үстине бөгет пенен (тосып қойылған) селди (ашып) жибердик ҳәм олардың еки бағын ашшы мийўели, тикенли ҳәм сийрек путалықтан (ибарат) еки «бағ»қа айландырдық.
17. Оларды кәпир болғанлары ушын усындай (жаза менен) жазаладық. Биз кәпирлерден басқаларға жаза берер ме едик?
18. Биз олар менен Өзимиз берекетли қылған қалалар арасында көринип туратуғын аўылларды соғып, олар арасындағы жүриўди (аралықты) өлшемли етип: «Оларда (усы аўылларда) түнлери де, күндизлери де аманлықта жүре бериң!» (– деген едик).
19. Ал, олар (бул неъматларға нашүкирлик етип): «Я Рәббимиз, сапарларымыз арасын узақ қыл!» – деди ҳәм өзлерине зулым қылды. Кейин Биз оларды (адамлар арасындағы) әңгимелерге айландырдық ҳәм улыўма бөлип-бөлип тасладық[7]. Әлбетте, бунда ҳәр бир сабырлы ҳәм шүкир қылыўшы (инсан) ушын белгилер бар.
20. Ҳақыйқатында да, иблис олар ҳаққындағы («Мен оларды жолдан азғыра аламан», – деген) гүманын ҳақыйқатқа шығарды. Кейин (Саба қәўими) тек бир бөлек мөминлерден басқалары оған (иблиске) ерди.
21. (Иблистиң) олар үстиндеги бийлиги тек ақыретке ийман келтиретуғын адамларды оннан (ақыреттен) шубҳада турған адамлардан ажыратып алыўымыз ушын болды. Рәббиң – ҳәр бир нәрсени сақлаўшы.
22. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мүшриклерге): «Аллаҳтан өзге (илаҳлар деп) гүман қылған (бут)ларыңызға илтижа қыла бериң! Олар аспанларда да, Жерде де шаңның аўырлығындай нәрсеге ийе емес ҳәм оларға бул екеўинде (аспан ҳәм Жерде) шерик те жоқ. Оған олардан ҳеш бир жәрдемши жоқ (олар керек те емес)», – деп айт.
23. (Қыямет күни Аллаҳтың) алдында тек Өзи руқсат бергенлердиң шәпәәти пайда береди ҳәтте (руқсат берилип) кеўиллеринен қорқыў кеткеннен кейин олар (бир-бирине): «Рәббиңиз не деди (руқсат берди ме)?» – дейди. Олар: «Ҳақты (айтты, шәпәәт қылыўға руқсат берди), Ол – Жоқары, Үлкен», –дейди.[8]
24. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Сизлерди аспанлар ҳәм Жерден ким ырысқыландырады?» (Жуўабын да өзиң берип:) «Аллаҳ» – деп айт. «Әлбетте, бизлер ямаса сизлер(диң биримиз анық) ҳидаяттамыз яки ашық-айдын адасыўдамыз», – деп айт.
25. Сен: «Бизлер ислеген гүна ҳаққында сизлер соралмайсыз, бизлер де сизлер ислеген ислерден соралмаймыз», – деп айт.
26. Сен: «Рәббимиз (қыямет күни) арамызды жәмлейди, соң арамызды ҳақыйқат пенен ашады (ҳүким қылады). Ол – Ашыўшы (әдиллик пенен ҳүким қылыўшы), Билиўши», – деп айт.
27. Сен: «(Ҳәй мушриклер!) Оған (Аллаҳға) қосып алған шериклериниңизди маған көрсетиң! Яқ. Тек Аллаҳтың Өзи ғана – Қүдиретли, Ҳикметли», – деп айт.
28. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сени ҳәмме адамларға тек хош хабаршы ҳәм ескертиўши (пайғамбар) етип жибердик. Бирақ, адамлардың көпшилиги (бул ҳақыйқатты) билмейди.
29. Олар: «Егер расгөй болсаңыз, (айтың,) бул ўәде қашан болады?» – дейди.
30. Сен: «Сизлерге сондай бир күнниң ўәдеси бар. Оннан бир саат артта да қала алмайсыз, алдыға да өте алмайсыз», – деп айт.
31. Күпир келтиргенлер: «Бизлер бул Қуранға да, оннан алдынғы нәрсеге де (Китапларға да) сирә ийман келтирмеймиз», – деди. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер сен сол залымлардың (қыямет күни) Рәббиси алдында тик турғызып қойылып, бир-бирине гәп қайтарып атырғанын көрсең еди?! Сонда әззилер тәкаббырлық қылғанларға: «Сизлер болмағаныңызда, әлбетте, бизлер мөмин болар едик», – дейди.
32. Тәкаббырлық қылғанлар әззи болғанларға (қыяметте): «Сизлерге ҳидаят келгеннен кейин бизлер сизлерди (оннан) тостық па? Яқ. Өзлериңиз жынаятшы болдыңыз», – дейди.
33. Әззи болғанлар тәкаббырлық қылғанларға: «Яқ, түн ҳәм күндизги ҳийле (сизлерде бар еди). Сол ўақытта сизлер бизлерди Аллаҳға күпир келтириўимизге, Оған «тең шерик» қылыўымызға буйырар едиңиз», – дейди. Олар азапты (өз көзлери менен) көрген ўақтында ишинен өкинеди. Биз күпир келтиргенлердиң мойынларына кисенлер салдық. Олар тек (дүньяда) ислеп жүрген ислерине жараса жазаланады.
34. Биз қайсы бир аўылға ескертиўши жиберсек, әлбетте, оның (ол жердиң) дәбдебеге берилгенлери: «Бизлер, әлбетте, сизлер менен жиберилген нәрсе (дин)ге күпир келтириўшилермиз», – дейди.
35. Және олар: «Бизлердиң мал-дүньямыз ҳәм бала-шағамыз көбирек. Бизлер азапланыўшы емеспиз», – дейди.
36. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Әлбетте, Рәббим қәлегенине ырысқыны кең қылады ҳәм (Өзи қәлегениниң ырысқысын) тар қылады. Бирақ, адамлардың көпшилиги (буны) билмейди», – деп айт[9].
37. Мал-дүньяларыңыз да, бала-шағаларыңыз да сизлерди Бизиң алдымызда жақын қылыўшы емес. Тек ким ийман келтирген ҳәм ийгиликли ис ислегенлер – әне соларға ғана қылған әмеллери себепли көбейтилген сыйлық бар. Олар (жәннеттеги) жоқары орынларда аманлықта болады[10].
38. Бизиң аятларымызды илажсыз қалдырыў ушын ҳәрекет қылатуғынлар, әне солар – азап ишинде жыйналыўшылар.
39. Сен: «Әлбетте, Рәббим бенделеринен Өзи қәлегенине ырысқыны кең қылады ҳәм (Өзи қәлегенине ырысқыны) тар қылады. Бир нәрсени (мүтәжлерге қалыс) садақа қылсаңыз, кейин (Аллаҳ) оның орнын толтырады. Ол – ырысқыны бериўшилердиң жақсысы».
40. (Еслең, Аллаҳ) олардың (мушриклердиң) ҳәммесин топлап, соң периштелерге: «Мыналар (мушриклер) сизлерге ибадат қылған ба еди?» – дейтуғын күни
41. (периштелер): «Сен пәксең (я Рәббимиз)! Олар емес, Сен бизлердиң Достымызсаң. Ал, олар жинлерге ибадат қылар еди. Олардың көпшилиги соларға ийман келтириўшилер», – дейди.
42. Енди бул Күни бир-бириңизге пайда да, зыян да бериўге ийе емессиз ҳәм зулым қылғанларға: «Өзлериңиз жалғанға шығарып жүрген дозақтың азабын татып көриң!» – деймиз.
43. Қашан оларға Бизиң ашық-айдын аятларымыз тиләўат қылынса: «Бул (Муҳаммад) тек сизлерди ата-бабаларыңыз ибадат қылып жүрген нәрседен тосыўды қәлеген адам», – дейди ҳәм «Бул (Қуран) – тек тоқылған бир дөҳмет», – дейди. Күпир келтиргенлер өзлерине ҳақ (Қуран) келген ўақытта: «Бул анық сыйқырдан басқа нәрсе емес», – дейди.
44. (Ийсадан кейин) Биз оларға (оқып) үйренетуғын китапларды бермегенбиз ҳәм сеннен алдын оларға ҳеш бир ескертиўши (пайғамбар) жибермегенбиз.
45. Олардан алдынғылар да (өткен үмметлер де өз пайғамбарларын) өтирикши қылған еди. (Мәккә мушриклери) Биз оларға берген нәрселеримиздиң (неъматларымыздың) оннан бирине де жеткен жоқ[11]. Сонда, (олар) Мениң пайғамбарларымды өтирикши қылғанда, Мениң (жуўап) қайтарыўым қандай болды?! (Усылар ҳаққында еслеп көриң!)
46. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Мен сизлерге тек бир нәрсени нәсият етемен: «Аллаҳ ушын жуп-жуп ҳәм жалғыз ҳалда турып бир ойлап көриң. Достыңызда (Муҳаммадта) жинлилик жоқ. Ол тек сизлерге қатты азаптан алдын (жиберилген) ескертиўши (пайғамбар)», – деп айт.
47. Сен: «Мен сизлерден (пайғамбарлығым ушын) ҳеш бир ҳақы сорамадым. Ол сизлерге болсын. Мениң ҳақым тек Аллаҳға. Ол ҳәмме нәрсеге (сөзимниң рас екенине де) Өзи Гүўа», – деп айт.
48. Сен: «Әлбетте, Рәббим (наҳақлықты) ҳақыйқат пенен (Қуран аятлары менен шетке) ылақтырады. Ол – ғайыпларды да (нәрселерди де) анық Билиўши», – деп айт[12].
49. Сен: «Ҳақыйқат (Қуран) келди! Наҳақлық (ширкти қайта) баслай алмайды ҳәм (оны негизине де) қайтара алмайды», – деп айт[13].
50. Сен: «Егер мен (жолдан) адассам, тек өзимниң зыяныма адасаман. Егер ҳидаят тапсам да, Рәббим маған ўаҳий қылған нәрсе себепли ғана. Әлбетте, Ол – (кеўил ҳәм тиллердеги сөзлерди) Еситиўши, (бенделерине) жақын», – деп айт.
51. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер сен олардың (мушрик ҳәм кәпирлердиң) қорқыўын, енди қашып қутылыў (илажы) жоқлығын ҳәм жақын мәканнан тутылыўын (дозақ тәрепке алып кетилиўин) бир көрсең еди?
52. (Сол Күни) олар: «Ийман келтирдик», – дейди. Узақ мәканнан (тәўбеге) жетиў қайда оларға?!
53. Ҳақыйқатында да, олар оған алдын (дүньяда) күпир келтирген еди, узақтан ғайыпқа (ақыретке тас) атар еди.
54. (Мине, енди) олардан алдынғы пикирлеслерине қылынғанындай, олар менен қәлейтуғын нәрсениң (ийманның) арасы тосып қойылды. Әлбетте, олар (дүньяда) шубҳа-гүман ишинде еди.
[1] 34. САБА СҮРЕСИ
Саба – Йемен үлкесиндеги әййемги қаланың аты. Онда Билқис исимли мәлика ҳукимдар болған ҳәм Сулайман (а.с.) менен араларында болған келиспеўшиликлер ҳаққында «Намл» сүресинде баян етилди. Бул сүреде усы саба қәўиминиң нашүкирликлери себепли наз-неъматлардан маҳрум болғаны Даўыт ҳәм Сулайман (а.с.) қыссалары, ҳақ пенен жалғанның өз ара гүреси, ийгиликке берилежақ сый-саўаплар, жаўызлыққа аталған азап-ақыбетлер ҳәм жазалар ҳаққындағы аятлар баян етилген. Әсиресе, жинлер де инсан киби ғайыптың сырларын билмейтуғынлығы ҳаққындағы әҳмийетли мағлыўматлар усы сүреде өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 6-аят. Илим берилгенлер – Муҳаммадтың (а.с.) саҳабалары ҳәм олардың исин даўам етиўшилер яки китап ийелери уламаларынан Абдуллаҳ ибн Салам (рз.) ҳәм оның шериклери сыяқлы исламға кирген адамлар, деген тәфсирлер бар (Мд. Лс.).
[3] 7-аят. Кәпирлер бул гәпи менен Расулды (а.с.) Аллаҳтың атынан жалған тоқып атыр яки жинли болғаны ушын ықтыярсыз алжырап атыр, деп пүткиллей жалғаншыға шығармақшы болды. Себеби, ҳәр еки ҳалатта да оның пайғамбарлығы инкәр етилмекте.
[4] 10-аят. Даўытқа (а.с.) Аллаҳ таала пайғамбарлықтан тысқары және сондай әжайып ҳаўаз ҳәм темиршилик кәсибин де инам еткен, Забур китабын тиләўат қылғанда ҳәттеки қуслар да ашық болып, оған еликлейди, әтираптағы таў-таслар да саза береди, тиләўатқа қосылып, тасбиҳти бирге айтады екен. Темиршиликте де теңсиз қәсийетке ийе болған, темир оның қолында қамырдай ерип, оннан қәлеген буйымын жасай алады екен.
[5] 14-аят. Сулайман алайҳиссаламға да Аллаҳ таала пайғамбарлықтан тысқары және адамлар, жинлер, қуслар ҳәм басқа нәрселер үстинен патшалықты берген. Усы берилген нәрселери арасында бир мыс булағы да берилген болып, Пайғамбарға бойсыныўшы жинлер сол мыстан алып Сулайман алайҳиссаламның буйырған буйымларын соғып береди екен.
[6] 15-аят. Саба қаласы Санадан үш фарсах узақлықта болып, жүдә абат, мийўели тереклери менен белгили болған. Егер бир ҳаял басында себет пенен тереклердиң астынан өтсе, дәрҳал өзи төгилип түскен қурмалар менен толып қалады екен. Ол жерде жабайы қуслар менен жәнликлер де болмайды екен. Нашүкирлиги ақыбетинен сел бәлеси менен жазаланып, бағлардан нышан да қалмағаны айтылады (Мд.).
[7] 19-аят. Йеменниң қала ҳәм аўыллары тарқатып жиберилген. Мәселен, Ғассан Шамға, Анмар Ясрибке (Мадинаға), Жузам Тиҳамаға, Азд Оманға қосылып кетеди (Мд. Қз.)
Бул географиялық бөлиниў, әлбетте, кейин ала және өзгерип кеткен.
[8] 23-аят. Бул аяттың тәфсиринде былай делинген: Қыямет күни пайғамбарлар, шейитлер, сыддықлар ҳәм солиҳ бенделерден шәпәәтке мүтәж мөминлер ортаға түсип, гүналары кеширилиўин Аллаҳтан сорап бериўин, жәннетке тийисли болыўда көмеклесиўин өтиниш қылғанда ҳәммеси биргеликте Аллаҳтың руқсатын күтип турады. Руқсат болмай қалыўынан қәўетерге түседи. Белгили бир ўақыт өткеннен кейин, оларға Аллаҳ тәрепинен шәпәәт қылыўға руқсат бериледи. Бул хабарды интизарлық пенен күтип атырғанлар еситип қуўанады. Бул аяттан бут ҳәм сәнемлер өз сыйыныўшыларына шәпәәт қыла алмайтуғыны өз-өзинен белгили болады. (АС).
[9] 36-аят. Бул аятларда алдынғы өткен пайғамбарлардың үмметлеринен көпшилиги итаатсыз болғаны, байлық ҳәм перзентлери менен мақтанып, тек усы дүнья рәҳәтине ашық болып өткенлерин айтып, Аллаҳ таала Муҳаммадтың (а.с.) кеўлине тәселле бермекте. Себеби, оның үммети ишинде де тап солардай кимселер көпшиликти қурайтуғын еди (Мд.).
[10] 37-аят. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислер қылып өткенлер булардың қатарына кирмейди. Себеби, олар өз байлықларын Аллаҳтың жолында мүнәсип жерлерге сарплаған, перзентлерине жақсы тәрбия берип, дин-диянат, илим-мәрипат ийелери болыўына материаллық ҳәм мәнаўий жақтан қарасқаны ушын Аллаҳ таала оларға саўапларын көбейтип бериўди ўәде қылмақта (Мд.).
[11] 45-аят. Яғный, Муҳаммад (а.с.) үмметине алдынғы өткен үмметлердиң өмири, күш-қүдирети, байлық ҳәм перзентлерине салыстырғанда оннан бир үлес те берилмеген. Соған қарамай күпир, ширк ҳәм нашүкирликте оларға тең.
[12] 48-аят. Бул аяттағы «ҳақыйқат пенен ылақтырады» ибарасын басқаша тәфсир етиўге де болады. Мәселен, Аллаҳ ҳақты, яғный ҳақ гәпти (аятларды) өз пайғамбарларына түсиреди яки ҳақты (Исламды) Жер бетиниң көп аймағы бойлап тарқатады (Мд. АС).
[13] 49-аят. Ибн Масъудтың (рз.) рәўияты бойынша, Муҳаммад (а.с.) Мәккәны ийелеўде Каабаға келип, ондағы бут ҳәм сәнемлерди қолларындағы таяқ пенен бирме-бир урып: «Ҳақыйқат келди, қәлпекилик кетти. Қәлпекилик енди қайтадан ширкти баслай алмайды ҳәм оны негизине қайтара алмайды», – мазмунындағы аятларды тәкирарлаған екен (Мд.).