1. Ҳәй ийман келтиргенлер! Мениң душпанымды ҳәм өзлериңиздиң душпаныңызды (мушриклерди) дос тутпаң! Сизлер оларға дослық (ҳаққында хабар) етесиз, ал олар сизлерге келген ҳақтан болған нәрсени (Қуранды) инкәр еткен. (Және) олар Пайғамбарды ҳәм сизлерди Рәббиңиз – Аллаҳға ийман келтиргениңиз ушын (өз үлкеңизден) қуўып шығармақта. Егер сизлер Мениң жолымда жиҳад қылыў ушын ҳәм Мениң разылығымды қәлеп шыққан болсаңыз (оларды дос тутпаң)! Мен сизлер жасырған ашықтан-ашық еткен нәрсени жақсы билиўши ҳалымда, сизлер оларға жасырын ҳалда дослық етип атырсыз. Сизлерден ким усындай етсе, онда ҳақыйқатында да жолдан адасыпты[2].
2. (Ҳәй ийман келтиргенлер!) Егер олар (мушриклер) сизлерден үстин келсе, сизлерге душпан болады ҳәм сизлерге қолларын ҳәм тиллерин жаманлық пенен созады. Және олар сизлердиң (ийманнан қайтып) кәпир болыўыңызды қәлейди.
3. (Сондай бир күн келеди) сизлерге ағайин-туўысқанларыңыз да, балаларыңыз да пайда бере алмайды. Қыямет күни (Аллаҳ) араларыңызды ажыратады. Аллаҳ – не қылып атырғаныңызды көрип турыўшы.
4. Ҳақыйқатында да, сизлер ушын Ибраҳим ҳәм оның менен бирге болғанларда гөззал өрнек бар. Еслең, олар өзлериниң қәўимине: «Бизлер сизлерден ҳәм сизлер Аллаҳты қойып ибадат етип атырған нәрселериңизден пәкбиз, бизлер сизлерди тән алмадық, енди қашан жалғыз Аллаҳға ийман келтирмегениңизше арамызда мәңгилик душпанлық ҳәм жек көриўшилик пайда болды», – деди. Тек Ибраҳим әкесине: «Әлбетте, мен сен ушын (Аллаҳтан) кеширим сорайман, (бирақ) саған Аллаҳтан болатуғын бир де нәрсени (азапты) қайтарыўға ийе (қәдир) емеспен», деген сөзи (буннан ажыралған). (Ибраҳим ҳәм оның менен бирге болғанлардың дуўасы бул еди:) «Я Рәббимиз! Саған ғана тәўекел еттик, Саған ғана қайттық ҳәм қайтып баратуғын жер де тек Өзиңниң алдыңда».
5. «Я Рәббимиз! Бизлерди кәпирлерге алданыўшы етип қойма ҳәм бизлерди кешир! Я Рәббимиз! Әлбетте Өзиң – Қүдиретли, Ҳикметлисең».
6. Ҳақыйқатында да, сизлер ушын, Аллаҳтан ҳәм қыямет күнинен үмити болғанлар ушын, оларда гөззал өрнек бар. Ким (Бизиң буйрығымыздан) жүз бурса, онда, әлбетте, Аллаҳ – Бийқәжет, Мақталған.
7. Бәлким, Аллаҳ сизлер менен сизлер душпан тутып жүргенлер арасында (оларды Исламға киргизип) дослық пайда етип қояр, Аллаҳ – (бундай ислерге) қәдир. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
8. Дин бойынша сизлер менен урыспаған ҳәм үлкелериңизден (қуўып) шығармағанларға жақсылық қылыўыңыз ҳәм әдалатлы болыўыңыздан Аллаҳ сизлерди қайтармайды. Әлбетте, Аллаҳ әдалат етиўшилерди жақсы көреди.
9. Әлбетте, Аллаҳ сизлерди дин бойынша сизлер менен урысқан ҳәм сизлерди үлкеңизден (қуўып) шығарғанлар ҳәм сизлердиң (қуўып) шығарылыўыңызда бир-бирине жәрдем бергенлер менен дос болыўыңыздан қайтарады. Ким олар менен досласса, демек, әне солар – залымлар.
10. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге (Мәккә кәпирлери тәрепинен) мөмин ҳаяллар ҳижрат қылып келсе, оларды имтиҳан етип көриң! Аллаҳ – олардың ийманын (бар яки жоқ екенин) жақсы билиўши. Солай екен, егер олардың (ҳақыйқатында да) мөмин ҳаяллар екенлигин билсеңиз, оларды кәпирлерге қайтарып жибермең! Булар оларға ҳадал емес ҳәм олар буларға ҳадал емес. Оларға (кәпир күйеўлерине) напақа еткен нәрселерин (мәҳрди қайтарып) бериң! Егер оларға (ҳаялларға) мәҳрлерин берип, некелеп алсаңыз, сизлерге гүна болмайды. (Сондай-ақ,) сизлер де кәпир ҳаяллардың қолларынан усламаң![3] Напақа еткен нәрсе (мәҳр)лериңизди сораң, олар да напақа еткен нәрсе (мәҳр)лерин (мөминлерден) сорасын! Бул – сизлерге Аллаҳтың ҳүкими[4]. Ол араңызда ҳүким етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
11. Егер ҳаялларыңыздан биреўи кәпирлер тәрепке өтип кетип, (алған мәҳрин алдынғы күйеўине қайтармаса) кейин сизлер оларды жазаласаңыз (ҳәм олжа алсаңыз), онда ҳаяллары (кәпирлер тәрепине өтип) кетип қалғанларға олар сарплаған (мәҳр) муғдарын бериң ҳәм өзлериңиз ийман келтирген Аллаҳтан қорқың!
12. Ҳәй Пайғамбар! Егер мөмин ҳаяллар саған келип, Аллаҳға ҳеш нәрсени ширк келтирмеўге, урлық етпеўге, зина етпеўге, балаларын өлтирмеўге, қоллары ҳәм аяқлары арасында тоқып шығаратуғын жаланы келтирмеўге[5] ҳәм саған қандай да бир жақсы исте итаатсызлық етпеўге байъат етсе, сен олардың байъатын қабыл ет ҳәм Аллаҳтан олар ушын кеширим сора! Әлбетте, Аллаҳ – (Өз бенделерине) Кеширимли, Рейимли[6].
13. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтың ғәзебине ушыраған қәўимди (мушриклер ямаса яҳудийлерди) дос тутпаң! (Бәрше) кәпирлер қәбир ийелери (қайта тирилиўи)нен үмит үзгенлериндей, олар да ақыреттен үмит үзген.
[1] 60. МУМТАҲАНА СҮРЕСИ
«Мумтаҳана» – имтиҳан қылыныўшы ҳаял.
Сүреде мушриклерден қашып, Мадинаға ҳижрат қылып келиўши айырым ҳаялларды ҳақыйқатында да мөмин екенин сынап көриў лазымлығы, мусылманларға қарсы урыспай атырған, қуўғын етпей атырған ғайры динлер менен жақсы ҳәм әдил мәмиледе болыў керек екенлиги сыяқлы усыныслар баян етиледи.
[2] 1-аят. Ҳижраттың сегизинши жылы Пайғамбарымыз (а.с.) Мәккәны фатҳ етиў ушын таярлық көрип атырған пайытлары Мәккә мушриклерин буннан ескертип, олардың нәзеринде өз абырайын көтериў мақсетинде Ҳатиб ибн Әбиў Балтаа исимли ийманы әззи бир мусылман Сара исимли бир ҳаялды жаллап, ол арқалы Мәккә мушриклерине хат жибереди. Расулға (а.с.) бул ҳаққында Аллаҳтан ўаҳий болғаннан кейин, Әлий, Аммар, Умар, Талҳа, Зубайр, Миқдад, Әбиў Мирсидлерди (рз.) жиберип, хатты қолға киргизеди. Ҳатиб ибн Әбиў Балтаа Мәккәны фатҳ қылғаннан кейин кеширим сорағанда, Расул (а.с.) кеширим берген. Бирақ, бул ис басқаларға ибрат болыўы ушын аятта ескертилмекте (Мд.).
[3] 10-аят. Яғный, кәпир ҳаяллар кәпир ерлери менен қалыўды қәлесе, қарсылық етпең.
[4] * «Бул Аллаҳтың ҳүкими» аятқа шекем мәҳрди қайтарып бериўге тийисли ҳүкимлер бийкар болған, яғный әмелден қалдырылған. Мөмин ҳаялларды мушрик күйеўлерине қайтармай, алып қалыўға болған буйрық Ҳудайбия питиминен кейин нәзил болған.
Питим шәрти бойынша, мушриклер тәрепинен мусылманлар тәрепине өткенлерин қайтарып жибериў керек еди. Бирақ, Аллаҳ таала буған олардың ийман келтирген ҳаяллары кирмейтуғынын баян етпекте (Мд.).
[5] 12-аят. Мәккә фатҳ етилгеннен соң, Расул (а.с.) ер адамлардан кейин ҳаяллар менен байъат етиўди баслады. Бул Софа төбелигинде еди. Умар (рз.) Пайғамбардан (а.с.) төмениректе отырып алып, оның атынан ийман келтирген ҳаялларға аяттағы шәртлерди жеткерип байъат еткен. Ҳаяллар ишинде Әмир Ҳамзаның (рз.) өли денесинен өш алған Ҳинд те бар еди. Ол Расулдан (а.с.) қорқып жүзин бекитип алған еди. Байъат даўамында өзин танытып қояды ҳәм кеширим сорағаннан кейин, оған мәрҳамат көрсетип, қылмысларын әпиў етеди (Мд.).
[6] * Бул аяттағы өтирик тоқыў дегенде басқадан туўылған баланы өз күйеўине сеннен деп өткизиўи есапланады.