Қураны кәрийм аўдармасы

Сод

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Сод. Зикир дереги болған Қуран менен ант етемен![2]

2. Бирақ, күпир келтиргенлер (ҳақыйқатты қабыл етиўден) өзлерин жоқары тутыўда ҳәм (удайына) бузғыншылықта.

3. Биз олардан алдын қанша әўладларды (күпири себепли) жоқ қылғанымызда, олар (жәрдем сорап) нида (илтижа) қылды. (Бирақ, ол ўақыт азаптан) қашып қутылыў ўақты емес еди.

4. (Мәккә кәпирлери) оларға өзлеринен (адамзаттан) ескертиўши (пайғамбар) келгенине ҳайран қалды, кәпирлер айтты: «Бул – бир өтирикши сыйқыршы.

5. Ол қудайларды бир қудай етип алған ба?! Әлбетте, бул – ҳайран қаларлық нәрсе!»

6. Олардың үлкенлери (бир-бирине) айтты: «Жүриң, қудайларыңызға (сыйыныўда) сабырлы болың. Әлбетте, бул – ерк қылынатуғын (болып туратуғын) нәрсе.

7. Бизлер бул (таўҳид) ҳаққында ақырғы динде еситпедик. Бул – тек бир тоқыма.

8. Бизиң ишимизден (ақсүйеклер турып) соған (Муҳаммадқа) Зикир (Қуран) нәзил етилип пе?!» Аўа, олар Мениң Зикирим (Қуран) ҳаққында шубҳада. Аўа! Олар еле Мениң азабымды татып көрмеди.

9. Ямаса олардың алдында қүдиретли, сақаўатлы Рәббиңниң мийрим ғәзийнелери бар ма?

10. Ямаса аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де олар арасындағы (бар) нәрселердиң бийлиги олардики екен бе? Онда, (аспанға қарап) себеп (зәңги)лер менен шыға берсин!

11. (Ҳәй Муҳаммад! Мәккә мушриклери –) сол жерде жеңилиўши топарлардан бир ләшкер.

12. Олардан алдын да Нуҳ қәўими, Ад (қәўими) ҳәм қазықлар (ҳәм сарайлар) ийеси Фиръаўн да (пайғамбарларды) өтирикши қылған еди.

13. Сондай-ақ Самуд (қәўими), Лут қәўими ҳәм «тоғай ийелери» де. Әне солар да – (сизлердиң қәўимиңиз киби) топарлар.

14. Әлбетте, ҳәммесине тек пай­ғамбарларды өтирикши қылғанлығы себепли Мениң жазам ҳақ болды.

15. Әне солар бир сәтте кешикпей келетуғын тек бир ғана қышқырықты күтип атыр.

16. Олар (Мәккә мушриклери масқара қылып): «Я Рәббимиз, бизлерге (ўәде етилген азаптан) несийбемизди Есап күнинен алдын тезирек бер!» – деди.

17. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен олар айтып атырған сөзлерге сабыр ет ҳәм қуўат ийеси болған бендемиз – Даўытты есле. Әлбетте, ол – (Аллаҳ жолына өзин бағышлап) улыўма қайтыўшы.

18. Әлбетте, Биз оған таўларды кеште ҳәм азанда (мудамы) оның менен (Даўыт пенен) тасбиҳ айтатуғын қылып, бойсындырып қойдық.

19. Сондай-ақ, (ҳәр тәрептен) топланған қусларды да. (Таўлар ҳәм қуслардың) ҳәммеси – оған (Даўытқа) пүткиллей қайтыўшы[3].

20. Биз оның бийлигин де бекем қылдық ҳәм де оған ҳикметти ҳәм анық-рәўшан сөйлеўди (әдалат пенен ҳүким шығарыўды) бердик.

21. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған даўласқанлардың хабары келди ме? Сол ўақытта олар (Даўыт ибадат қылып атырған) ибадатханаға шықты.

22. Сонда олар Даўыттың алдына киргенде, ол олардан қорқып кетти. Олар: «Қорықпа, (бизлер) бир-биримизге наҳақлық еткен еки даўласыўшымыз. Енди арамызда ҳақ пенен ҳүким шығар ҳәм (бизлерден ҳеш қайсымызға) жәбир қылма ҳәм де Бизлерди туўры жолға басла!» – деди.

23. (Олардан биреўи деди:) «Мынаў – мениң бирәдарым. Оның тоқсан тоғыз саўын қойы бар. Ал, менде бир саўын қой бар. Енди ол: «Оны да маған тапсыр!» – деди ҳәм сөйлесиўде меннен үстин келди».

24. Ол (Даўыт екинши даўагерди тыңламастан-ақ): «Ҳақыйқатында да, ол сеннен саўын қойыңды өзиниң саўын қойларына (қосыўды) сораўы менен саған зулым қылыпты. Әлбетте, көп шериклер бир-бирине зулым қылады. Тек ийман келтирип, жақсы әмел қылғанлар ғана (ондай қылмайды). Олар жүдә аз», – деди. Даўыт Биз оны сынағанымызды билди де, (асығып ҳүким шығарғаны ушын) Рәббисине истиғфар айтып[4], (сәждеге) ийилген ҳалда тәўбе қылды[5].

25. Кейин Биз оның сол (қәтесин) кеширдик. Әлбетте, оның ушын Бизиң алдымызда жақын болыў ҳәм гөззал ақыбет (жәннет) бар.

26. Ҳәй Даўыт, әлбетте, Биз сени Жер бетинде орынбасар қылдық. Енди адамлар арасында ҳақыйқат пенен ҳүким жүргиз. Ҳаўайы нәпсиге ерме! (Егер ерсең,) онда ол сени Аллаҳтың жолынан адастырады. Әлбетте, Аллаҳтың жолынан адасатуғынларға есап Күнин умытқаны ушын қатты азап бар.

27. Биз аспан ҳәм Жерди ҳәм олардың арасындағы нәрселерди бийкарға жаратпадық. Бул (бийкарға жаратылған деген гәп) – күпир келтиргенлердиң гүманы. Енди күпир келтиргенлер ушын дозақтан (азабынан) ўайл болсын!

28. Ийман келтирип, ийгиликли ислер қылғанларды Биз Жер бетинде бузғыншылық қылыўшылар киби қыламыз ба?! Ямаса Биз тақўалыларды гүнакарлар киби қыламыз ба?!

29. (Ҳәй Муҳаммад! Бул Қуран –) аятларын терең ойланыўы ҳәм ақыл ийелери еслетпе алыўы ушын Биз саған нәзил еткен мүбәрек Китап.

30. Даўытқа Сулайманды бердик. Ол (Сулайман) – қандай жақсы бенде! Әлбетте, ол – (Рәббисине) пүткиллей қайтыўшы.

31. Есле, оған (Сулайманға бир күни) кеште ойнақлап турған ушқыр атлар көрсетилди.

32. Сонда, ол айтты: «Әлбетте, мен Рәббимниң зикиринен (намаздан қалып) бул жақсы (ат)ларға кеўил қойыўға берилип кетиппен, ҳәтте (Қуяш) перде менен жасырыныпты (батыпты).

33. Олар (атлар)ды маған қайтарың!» – деди. Кейин (қылыш пенен) олар (атлар)дың аяқ ҳәм мойынларын «сыйпай» баслады! (Сойып қурбанлық қылды).

34. Ҳақыйқатында да, Биз Сулайманды сынадық. Оның тахты үстине (жансыз) денени (баласының өлигин) тасладық. Соң, ол тәўбе қылып,

35. (былай) деди: «Я Рәббим! Мени кешир ҳәм маған өзимнен кейин ҳеш кимге миясар болмайтуғын мүликти саўға ет! Әлбетте, сен – Ўаҳҳабсаң (ҳәмме жақсылықларды бериўшисең)», – деди.

36. Кейин Биз оған (сорағанын берип,) ол қәлеген тәрепке оның буйрығы менен жеңил есетуғын самалды бойсындырдық.

37. Сондай-ақ, ҳәмме (сарайларды) қурыўшы ҳәм (теңизлердиң түбине) сүңгиўши шайтанларды да (жинлерди де)

38. ҳәм басқа (бойсынбаған)ларын да кисенленген ҳалда топлап (бой­сындырдық).

39. (Сулайманға айттық): «Бул – Бизиң (саған) берген нәрсемиз. Енди сен (оларды) садақа қыл (жибер) ямаса (өзиңде) услап қал, (сеннен бул ҳаққында) есап алынбайды».

40. Әлбетте, оның (Сулайман) ушын алдымызда (ақыретте) жақын болыў (саўаплар) ҳәм гөззал ақыбет (жәннет) бар.

41. (Ҳәй Муҳаммад!) Бизиң бендемиз Айюб Рәббисине нида қылып: «Әлбетте, мени шайтан жаманлық ҳәм азап пенен услады», – деген ўақтын есле!

42. (Сонда оған айтылды): «Аяғың менен (Жерди) теп (булақ шығады)! Бул – шомылатуғын ҳәм ишилетуғын суўық суў».

43. Биз Өзимизден мийирманлық ҳәм ақыл ийелерине еслетпе болыўы ушын оған (Айюбқа) шаңарағын ҳәм олар менен бирге және сол қурақым (бала-шаға да) бердик.

44. (Және Айюбқа айттық): «Қолыңа бир баў (шыбықты) ал, кейин, оның менен (ҳаялыңды) ур да, антыңды бузба!» Биз оны (Айюбты) сабыр етиўши, деп таптық. Ол – қандай жақсы бенде! Әлбетте, ол – (Рәббисине) қайтыўшы[6].

45. (Ҳәй Муҳаммад!) Қоллар (күш-қуўат) ҳәм көзлердиң ийелери болған (ақыллы ҳәм парасатлы) бенделеримиз – Ибраҳим, Исҳақ ҳәм Яқубты есле!

46. Әлбетте, Биз оларды бир қәсийет пенен ажыраттық. Ол (ақырет) үлкесин еслеў еди.

47. Және олар Бизиң алдымызда таңлап алынған жақсы адамлардан.

48. Және Исмайыл, ал-Ясаъ ҳәм Зул-Кифлди есле! Ҳәммеси – жақсылардан.

49. Бул – еслетпе. Әлбетте, тақўалылар ушын гөззал ақыбет

50. (бул) – олар ушын есиклери ашық «Адн» жәннетлери.

51. Ол жерде (сыпаларда) сүйенип отырып, ол жердеги мол мийўелер ҳәм ишимликлерден шақырады.

52. Олардың алдында көзлерин (күйеўлеринен басқаға қараўдан) сақлаған (жас ҳәм шырайда) теңлес (ҳүр)лер бар.

53. Бул (нәрселер) – сизлерге Есап күни ушын ўәде етилген нәрселер.

54. Әлбетте, бул – Бизиң (жәннет әҳлине беретуғын) ырысқымыз. Ол улыўма таўсылмайды.

55. (Ҳақыйқат –) усы. Әлбетте, ҳәдден асыўшылар ушын жаман ақыбет

56. (бул) – олар киретуғын жәҳеннем. Солай екен, ол – буншелли жаман орын!

57. Мынаны: қайнаған суў ҳәм ириңди татып турсын!

58. Басқа (азаплар да) усы көринисте болады.

59. (Оларға ергенлерди көрсетип): «Мына топар да – сизлер менен бирге (сизлер себепли дозаққа) кириўши», (делинеди, сонда дозаққа киргенлердиң баслықлары): «Олар хош келмеди! Олар, әлбетте, жәҳәннемге кириўши», – дейди.

60. Олар (ергенлер): «Яқ! Өзлериңиз хош келмедиңиз! (Себеби) сизлер соны (азапты) бизлерге әкелдиңиз! Енди ол (дозақ) – буншелли жаман орын!» – дейди.

61. Олар (және): «Я Рәббимиз, бизлерге буны ­(азапты) ким әкелген болса, оған дозақта азапты бир неше есе зыяда қыл!» – дейди.

62. Олар (жәҳәннем әҳли бир-бирине): «Бизлерге не болды? (Дүньяда) жаманлардан деп есаплап жүрген адамларды (мусылманларды дозақта) көрмей атырмыз?

63. Бизлер масқара қылыўға соларды таңлаған едик пе?! Ямаса көзлер олардан тайды ма (ямаса олар усы жерде болып, бизлер оларды көрмей турыппыз ба)?!» – дейди.

64. Әлбетте, дозақ әҳлиниң әне усындай тартысыўлары ҳақыйқат.

65. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен айт: «Мен тек ғана (бир) ескертиўшимен. Ўаҳийд (жалғыз) ҳәм Қоҳҳар (ҳәмме мақлуқатларды қүдирети менен бойсындырып, өз ҳүкимин ендириўши) Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ.

66. Ол – аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де олардың арасындағы нәрселердиң Рәбби, Әзиз (қүдиретли), Ғоффар (кеширимли)».

67. Айт: «Бул (сөзлер) – уллы бир хабар.

68. Ал, сизлер оннан жүз бурмақтасыз.

69. Менде тартысып атырған жоқары топар (периштелер) ҳаққында ҳеш қандай билим жоқ еди.

70. Маған тек өзимниң ашық-айдын ескертиўши екенлигим ўаҳий қылынады».

71. Есле! Рәббиң периштелерге (былай) деген еди: «Әлбетте, мен ылайдан адам жаратыўшыман.

72. Енди қашан оны тиклеп, ишине руўхымнан үплегенимде, оған сәжде қылған ҳалларыңызда жығылың!»

73. Кейин периштелер ҳәммеси топланып, (Адам ушын) сәжде қылды.

74. Тек иблис ғана тәкаббырлық қылып, (сәжде қылмады ҳәм) кәпирлерден болды.

75. (Сонда Аллаҳ таала:) «Ҳәй иблис! Өз «қолым» менен жаратқан нәрсеге сәжде қылыўыңнан сени не тосты?! Тәкаббырлық қылдың ба?! Ямаса сен (адамға қарағанда) жоқары дәрежелилерден болдың ба?!» – деди.

76. Ол (иблис): «Мен оннан жақсыман. Мени оттан жаратқансаң. Оны ылайдан жараттың», – деди.

77. (Аллаҳ таала) айтты: «Енди сен оннан (жәннеттен) шық! Енди, әлбетте, сен (дәргайымнан) қуўылғансаң (нәлетленгенсең)

78. ҳәм әлбетте, саған жаза Күнине (қыяметке) шекем Мениң нәлетим болады».

79. (Иблис илтижа қылып:) «Я Рәббим, (онда) маған олар қайта тирилетуғын күнге шекем (жасаўға) мәўлет бер!» – деди.

80. (Аллаҳ таала) айтты: «Сен мәўлет берилгенлерденсең

81. мәлим ўақыт күнине (қыяметке) шекем».

82. (Иблис) айтты: «Сениң қүдиретиң менен ант, мен олардың ҳәммесин жолдан азғыраман,

83. тек олардан (айырым) ықласлы бенделериң ғана (жолдан адаспайды)».

84. (Аллаҳ таала) айтты: «(Мен –) Ҳақпан, тек ҳақыйқатты[7] айтаман,

85. әлбетте, Мен жәҳәннемди, сен ҳәм олардан барлық саған ергенлер менен толтыраман».

86. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға) айт: «Мен оның ушын (пайғамбарлығым ушын) сизлерден ҳақы сорамайман ҳәм мен (пайғамбарлыққа өзимше) даўагерлик қылыўшылардан да емеспен.

87. Ол (Қуран) – тек ғана әлемлер ушын еслетпе.

88. (Ант етемен,) Оның (илаҳий ўаҳий екени ҳаққындағы) хабарын бираз мүддеттен соң (қыямет күни), әлбетте, билесиз».



[1] 38. СОД СҮРЕСИ

«Сод» – Ол нениң белгиси екени тек Аллаҳға ғана белгили.

Сүреде мушриклердиң Расулға (а.с.) өткизген куўдалаўлары, ақыретте берилежақ сыйлық ҳәм жазалар, инсаный пазыйлетлерге шақырыў киби илаҳий көрсетпелер жәмленген.

[2] 1-аят. Аяттағы «зикир» сөзин Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу «баян» деп тәфсир қылған. «Зикир» сөзи қарақалпақшада да зикир көринисинде қолланылады. Бирақ, мазмунда бираз парық қылады. Мысалы «зикир» сөзиниң еслеў, айтыў, яд алған нәрселерди айтыў, баян етиў киби мәнилери бар. Енди, бул жерде «зикир дереги» делинсе, мазмун улыўмарақ болыўы нәзерде тутылған.

[3] 19-аят. Даўыт (а.с.) Аллаҳға тасбиҳ айтқанында, оннан тәсирленген қуслар да жуғырласып, бирге тасбиҳ айтады екен.

[4] 24-аят. Даўыттың (а.с.) тәўбе қылыўына себеп болған қәтеси даўагерлердиң екеўинен тең сорап, машқаланы анықлап, соң ҳүким шығармай, бир тәрептиң гәпи менен ҳүким қылып жибергени еди (Мд.).

[5]* Сәжде аяты.

[6] 44-аят. «Шаръий ҳийле» деген ибара усы аятқа уқсаған дәлиллерге тийкарланып тоқылған болыўы керек.

Айюб (а.с.) аўыр бийтап болғанында, ҳаялы жақсы қарамағаны себепли «Тәўир болғанымнан кейин саған жүз қамшы ураман», – деп ант ишип қойған екен. Усы антына әмел қылып, гүнакар болып қалмаў ушын Аллаҳ таала оған жүз майда шыбықты бир дәсте қылып, соның менен ҳаялын бир мәрте урып қойыўды буйырған екен. Аллаҳ тааланың усы буйрығында ҳаялларды қатты урмаў зәрүрлигине ишара бар. (Қр.).

[7] 84-аят. Аяттағы биринши «ҳақ» сөзи Аллаҳтың исимлеринен болыўы да, «ҳақыйқат» мәнисин билдириўши сөз болыўы да мүмкин. Бирақ, екинши «ҳақ» ҳақыйқат ҳәм ҳақ гәп мәнилерин билдиреди. «Тек ҳақыйқатты айтарман» ибарасы ант мәнисин билдиреди (Мд.)