Қураны кәрийм аўдармасы

Ториқ

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Аспан ҳәм ториқ пенен ант етемен[2].

2. (Ҳәй Муҳаммад!) сен ториқтың не екенин қаяқтан билер едиң?!

3. (Ол –) нурлы жулдыз.

4. Ҳәр бир жанның үстинде (оны қорғаўшы ҳәм әмеллерин) сақлаўшы (периште) бар.

5. Солай екен, инсан неден жаралғанына қарасын!

6. (Ол) атылып шығыўшы «суў»дан жаратылған.

7. (Ал, ол «суў») сулб (әкениң бели) ҳәм тароиб (ананың көкирек сүйеги) арасынан шығады.

8. Әлбетте, Ол (Аллаҳ жоқтан бар қылғаннан кейин) оны қайта тирилтиўге (де) қәдир.

9. Сырлар әшкар болатуғын (қыямет) Күни,

10. оған (Аллаҳтың азабынан қутқарыўшы ҳеш қандай) күш те, жәрдемши де болмайды.

11. Ант етемен қайтыўшы (жаўын-шашын)ға ийе аспан менен,

12. ҳәм (ол себепли дәнлер ҳәм от-шөплер ушын) жарып шығыў ийеси (анасы) болған Жер менен,

13. әлбетте, Ол (Қуран ҳақ пенен жалғанды) ажыратыўшы Сөз.

14. Ол ҳәзил (бийҳуўда сөз) емес.

15. Әлбетте, олар (кәпирлер) ҳийле қылады.

16. Мен де «ҳийле» қыламан.

17. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Кәпирлерге азырақ мәўлет бер ҳәм бир мүддет қойып бер!



[1] 86. ТОРИҚ СҮРЕСИ

«Ториқ» – Зуҳал (Сатурн) жулдызы. Оның менен ант етип, Аллаҳ таала ҳәр бир инсанды түрли бәле-қадалардан қорғаўшы периштелер бар екени, олар оның қылмысларын да жазып баратуғыны, Қураны кәриймниң муқаддес екени, ақырет ҳәдийселери, мушриклер менен келисимге келиў ҳәм басқа мағлыўматлардан өз бенделерин ескертпекте.

[2] 1-аят. Ториқ (Сатурн) орнына базы тәфсирлерде Зуҳра (Шолпан) яки Сурайя жулдызлары делинген.