1. Ҳаа. Мийм.
2. (Бул Қуран –) Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳтан (тәрепинен) нәзил етилген Китап.
3. Әлбетте, аспанлар ҳәм Жерде мөминлер ушын (Аллаҳтың бар ҳәм жалғызлығын билдиретуғын) белгилер бар[2].
4. Және сизлердиң жаратылыўыңызда ҳәм (Аллаҳ таала Жер бетинде) тарқатып қойған ҳайўанларда да анық исенетуғын қәўим ушын белгилер бар.
5. Және түн ҳәм күнниң алмасыўында, Аллаҳ аспаннан ырысқы (жаўын) түсирип, оның менен Жерди «өлген»инен кейин «тирилтиўи» ҳәм самаллардың жөнелтилиўинде ақыл жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Булар Аллаҳтың аятлары болып, Биз оларды саған ҳақ (туўрылық) пенен тиләўат қылып берип атырмыз. Енди олар (Мәккә кәпирлери) Аллаҳты ҳәм Оның аятларын қойып, қайсы гәпке ийман келтирип атыр?!
7. Ҳәмме өтирикши ҳәм гүнакарға ўайл болсын!
8. Ол өзине тиләўат қылынған Аллаҳтың аятларын еситеди, кейин тап еситпегендей, тәкаббырлық қылып (өзиниң күпирлигин) даўам етеди. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Оған аўыртыўшы азаптың «хош хабар»ын бер!
9. Қашан (ол) аятларымыздан бир нәрсени билсе, оны масқара қылады. Әне соларға (қыяметте) хорлаўшы азап бар.
10. Олардың артларында жәҳәннем бар! Оларға кәсип қылған нәрселери (байлықлары ҳәм перзентлери) де, Аллаҳты қойып услаған «дослары» да ҳеш нәрседе пайда бермейди. Оларға үлкен азап бар.
11. Бул (Қуран) – ҳидаят. Рәббиси аятларына күпир келтиргенлерге хорлықлы аўыртыўшы азап бар.
12. Аллаҳ Өзиниң буйрығы менен кемелер жүриўи ҳәм сизлер (сол кемелерде) Оның кеңшилигинен (ырысқыны) талап етиўиңиз ушын сизлерге теңизди бойсындырып қойды. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.
13. Ол Өзи (тәрепинен) сизлерге аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме нәрсени бойсындырып қойды. Әлбетте, бунда пикир қылатуғын қәўим ушын белгилер бар.
14. (Ҳәй Муҳаммад!) Ийман келтиргенлерге айт, Олар Аллаҳтың күнлеринен (қыяметтен) үмит қылмайтуғынларды кеширип жиберсин! Сонда, Ол (сабырлы) қәўимди қылған иси (кешириўи) ушын сыйлықлайды.
15. Ким ийгиликли ис қылса, онда ол – өзине. Ким жаманлық қылса, онда ол – өз зыянына. Соң Рәббиңизге қайтарыласыз.
16. Ҳақыйқатында да, Биз Исрайыл әўладына Китап (Таўрат)ты, ҳүкимди ҳәм Пайғамбарлықты бердик, оларды пәк нәрселерден ырысқыландырдық ҳәм оларды (өз заманындағы) әлемлерден абзал қылдық.
17. Биз оларға (дининиң) иси ҳаққында ҳүжжетлерди бердик. Енди олар өзлерине илим (ҳүжжет) келгенинен соң өз ара душпаншылық пенен ғана таласып-тартысты. Әлбетте, Рәббиң қыямет күни олар арасындағы таласып-тартысқан нәрселери ҳаққында ҳүким шығарады.
18. Соң (ҳәй Муҳаммад!) Биз сени (диний) истен болған бир шәриятқа жолладық (турақлы қылдық). Енди сен оған ер, билмейтуғынлардың ҳаўайы нәпсине (пикирлерине) ерме!
19. Әлбетте, олар сеннен Аллаҳтан (тәрепинен) болатуғын (ҳеш бир) нәрсени (азапты) қайтара алмайды. Әлбетте, залымлар бир-бирине дос. Ал, Аллаҳ тақўалылардың досты.
20. Бул (аятлар) – адамлар ушын кеўил көзлери ҳәм анық исенетуғын қәўим ушын ҳидаят ҳәм мийирманлық (дереги).
21. Бәлким (күпир ҳәм басқа) жаманлықларды кәсип қылғанлар өзлерин ийман келтирип, ийгиликли ислер қылғанлар менен тең қылыўымызды (қәлеп) өмирлери де, өлимлери де тең деп ойлаған шығар? Буншелли жаман (наҳақ) ҳүким қылады?![3]
22. Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди ҳақлық (ҳикмет) пенен жаратты ҳәм ҳәр бир жан (қыямет күни) зулым қылынбаған ҳалларында өзлери қылған әмеллерине жараса жазаланады.
23. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳаўайы нәпсин (қәлеўин) өзине «илаҳ» қылып алған ҳәм Аллаҳ оны (бурыннан кәпир болыўын) билген ҳалда адастырып, қулақ ҳәм қәлбин тамғалап, көзине перде тартып қойған адамды көрдиңиз бе? Енди оны Аллаҳтан (адастыртырыўынан) кейин ким ҳидаят қыла алады?! (Буннан) еслетпе алмайсыз ба?!
24. Олар (қыяметти тән алмаўшылар): «Ол (өмир) – тек бул дүньядағы өмиримиз. (Биреўимиз) өлемиз, (биреўимиз) тирилемиз (жасап жүре беремиз), бизлерди (Аллаҳ емес, ал) тек заман(ның өтиўи) ғана өлтиреди», – дейди[4]. Олардың бул ҳаққында илим (ҳүжжет)лери жоқ. Олар тек ғана өзлеринше гүман қылады.
25. Қашан оларға (қайта тирилиў не екенин баян етиўши ҳалында) ашық-айдын аятларымыз тиләўат қылынса, олардың (Бизге қарсы) «ҳүжжетлери» тек: «Егер расгөй болсаңыз, ата-бабаларымызды (тирилтип) әкелиң?!» – деп айтыўы ғана болады.
26. Сен: «Аллаҳ сизлерге өмир береди, соң (әжеллериңиз жеткенде) өлтиреди, соң сизлерди шубҳасыз (келетуғын) қыямет күнине топлайды. Бирақ, адамлардың көпшилиги (буны) билмейди», – деп айт.
27. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳтики. Қыямет болатуғын күни – әне сол күни бузғыншылар зыян көреди.
28. (Ол Күни) бәрше үмметти (қорқыныштан) диз шөккен ҳалда көресең. Ҳәр бир үммет өз әмел китабына шақырылып (соң оларға былай делинеди): «Бүгин қылып жүрген әмеллериңиз (нәтийжеси) менен сыйлықланасыз.
29. Мына жазыўымыз (әмел китабыңыз) сизлерге ҳақыйқатты айтады. Әлбетте, Биз сизлердиң ислеп жүрген ислериңизди (усы әмел китабына) жазып жүрген едик».
30. Ал, ийман келтирип ийгиликли ис қылғанларды Рәббиси Өз мийримине (жәннетке) киргизеди. Бул – анық утыстың өзи.
31. Бирақ, күпир келтиргенлерге (айтылады): «Сизлерге (дүньяда болған ўақтыңызда) Мениң аятларым тиләўат қылынбаған ба еди?! Кейин, сизлер тәкаббырлық қылдыңыз ҳәм жынаятшы қәўим болдыңыз».
32. Қашан, (сизлерге): «Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ ҳәм қыяметте шубҳасыз (келиўши)», – делинсе, сизлер: «Саат (қыямет) не екенин билмеймиз. Бизлер тек гүман қыламыз. Биз – (қыямет болыўына) анық исениўши емеспиз», – дедиңиз».
33. (Мине енди) оларға қылған әмеллериниң жаманлықлары көринди ҳәм оларды өзлери мазақ қылған нәрсе (азап) орап алды.
34. (Оларға) айтылады: «Сизлер бүгин усы күниңиздеги ушырасыўды умытқаныңыздай, Биз де сизлерди «умытамыз». Сизлердиң орныңыз жәҳәннем ҳәм сизлерге (азаптан қутқаратуғын) жәрдемшилер де жоқ.
35. Буған себеп – әлбетте, сизлер Аллаҳтың аятларын масқара қылып алғаныңыз ҳәм сизлерди дүнья өмири алдап қойғаны еди». Енди бүгин олар оннан (жәҳәннемнен) шығарылмайды ҳәм олардан (дүньяға қайтыў да) талап етилмейди (ийгиликли әмеллер ислеўге де имканият берилмейди).
36. Солай екен, аспанлардың Рәббиси, Жердиң Рәббиси, (пүткил) әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳға ҳамд (болсын)!
37. Аспанлар ҳәм Жердеги бәрше уллылық Оныки![5] Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
[1] 45. ЖАСИЯ СҮРЕСИ
Жасия – диз шөгип отырыўшы деген мәнини билдиреди. Сүрениң 28-аятында қыямет күни ҳәр бир үммет өз тәғдири не болыўын күтип, диз шөккен ҳалда отырыўы сүўретленген. Сол себепли сүреге усындай атама берилген.
Сүреде Исрайыл әўладының Аллаҳға деген итаатсызлық ҳәм нашүкиршиликлери, улыўма, инсанның дүнья байлығына артықша меҳир қойыўы ҳәм сықмарлық қылыў қорқынышлы ақыбетлерге алып келетуғыны ҳаққында ескертилген.
[2] 3-аят. Аллаҳ таала усы ҳәм кейинги еки аят арқалы Өзиниң жалғыз екени, ҳикмети ҳәм қүдретиниң қаншелли шексизлигин пикирлеўге дәлил қылатуғын белгилердиң көплиги, оларды космос, ҳайўанат ҳәм өсимлик әлеминен излеў кереклиги ҳаққында еслетпе бермекте. Аллаҳтың жаратқан жанзатлары ҳаққында пикир жүритиў ҳәм исенимди беккемлеў ушын ақылый дәлиллерден пайдаланыўға буйырылмақта. Себеби, пикирлеў де ибадат ҳүкиминде болады.
[3] 21-аят. Бул аяттың мәниси жүдә аўыр болғанлықтан айырым уллы адамлар оннан тәсирленип жылаған. Тамим ад-Дарий разыяллаҳу анҳу түнде Каабадағы «Мақоми Ибраҳим»ның қасында нәпил намаз оқып атырып, усы аятты оқығанда, тәсирленип жылай баслапты ҳәтте, таң атқанша усы аятты тәкирарлап шығыпты. Фузайл ибн Ияз усы аятты көп тәкирарлап, өзине-өзи: «Ҳәй Фузайл! Қәне еди, бул еки топардан қайсы биринен екениңди билсең» – дейди екен.
Ҳақыйқатында да аяттың аўдармасынан, мусылман бола турып гүналардан сақланбаған адамлар менен ийман келтирип, ийгиликли ислер қылған ҳәм гүналардан сақланған адам ҳасла тең бола алмайтуғынлығы келип шығады. Уллы затларды жылатқан нәрсе – усы еди.
[4] 24-аят. Динсизлер дүнья қубылысларын ўақыт, заман, дәўир, аспан, тосынлық киби нәрселер деп ҳәм аўыр күнлерде усы нәрселерден шикаят қылып, бәрше айыпты соларға жүклер еди. Соның ушын ҳәдисте: «Дәўирди сөкпең! Себеби, оны айландырып турыўшы Аллаҳ болып есапланады. Яғный, дәўирден налыў Аллаҳтан налыў болып есапланады», – делинген (Мд.).
[5] 37-аят. Соның ушын да аят ҳәм ҳәдислерде инсанның менменликке берилиўи қадаған етилген.