Қураны кәрийм аўдармасы

Талaқ

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ҳәй Пайғамбар! Егер сизлер (мөминлер) ҳаялларды талақ қылсаңыз, олардың иддаларында (пәклик ўақытларында) талақ қылың ҳәм идданы есаплаң! [2] Рәббиңиз – Аллаҳтан қорқың! (Идда таўсылғанша) оларды (жасап турған) үйлеринен (қуўып) шығармаң ҳәм өзлери де шықпасын! Тек анық бузық (ямаса идда өтпей шығып кетиў сыяқлы) ис қылған болса (үйлеринен шығарылады). Бул – Аллаҳтың шегаралары. Ким Аллаҳтың шегарасынан шықса, демек, ҳақыйқатында да ол өзине зулым етипти. Сен билмейсең, бәлким, Аллаҳ оннан (талақтан) кейин бир исти пайда етер.

2. Кейин қашан (талақ қылынған ҳаяллар идда) мүддетлерине жетсе, онда оларды жақсылық пенен услаң ямаса жақсылық пенен (мәҳрлерин берип) ажырасың. (Жарасып ямаса ажырасып атырғанда) өзлериңизден (мусылманлардан) еки әдалатлы адамды гүўа қылың ҳәм гүўалықты Аллаҳ ушын кәмил қылың! Буннан (ҳүкимнен) Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтириўши адам нәсиятланады. Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған (тәшўишлерден) шығыў жолын (пайда) қылады

3. ҳәм оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады. Ким Аллаҳға тәўекел етсе, онда Оның (Аллаҳтың) Өзи оған жетерли. Әлбетте, Аллаҳ – Өз (қәлеген) исине жетиўши. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге өлшем (ҳәм мүддетин анық) етип қойған.

4. Ҳаялларыңыздан (қартайып) ҳайыз көриўден үмитин үзгенлери, егер сизлер (иддалары ҳаққында) шубҳаңыз болса, онда (билип қойың) олардың иддалары – үш ай. Және (еле бир мәрте де) ҳайыз көрмегенлердиң де (иддалары сондай). Ҳәмиледарлардың (идда) мүддети – ҳәмилелерин қойыўы (туўғанға шекем болады). Ким Аллаҳға тақўа қылса, (Аллаҳ) оның исин аңсат қылады.

5. Бул – Аллаҳтың сизлерге түсирген буйрығы. Ким Аллаҳға тақўа қылса, оның жаманлық (гүна)ларын өширеди ҳәм саўабын көбейтип береди.

6. Оларға (талақ иддасын сақлап атырған ҳаялларыңызға), имканыңыз барынша, өзлериңиз жасап турған жерден орын бериң! Оларға (турған орынларынан) қысып шығарыў мақсетинде зыян бермең! Егер олар ҳәмиледар болса, ҳәмилелерин қойғанларынша оларға напақа бериң![3] Егер (талақ қылған ҳаялларыңыз) сизлер ушын (бала) емизип берсе, онда оларға ҳақысын бериң! (Емизиў ҳаққында) жақсылық пенен өз ара келисип алың! Егер (келисе алмай) қыйыншылыққа түссеңиз, онда ол (әке) ушын (баласын) басқа (бир) ҳаял емизип береди.

7. Бай адам өз байлығынан напақа берсин! Кимниң ырысқы тар (жарлы) болса, онда Аллаҳ оған бергенинен (жағдайына қарап) напақа қылсын! Аллаҳ ҳеш бир жанға Өзи бергенинен (ырысқыдан) артықша нәрсеге буйырмайды. Аллаҳ қыйыншылық (жарлылық)тан соң тез арада жеңилликти (байлықты) (пайда) етеди.

8. (Тарийхта) көп ғана аўыллар (халқы) өз Рәббисиниң ҳәм Оның (оларға жиберген) пайғамбарының буйрығынан бас тартты. Сонда, Биз оларды қатты есап-санақ қылдық ҳәм қатты азап пенен (түрлери менен) азапладық.

9. Кейин, олар (аўыл халқы) өз қылмысларының обалын татып көрди қылмысларының ақыбети (өзлери ушын) зыян болды.

10. Аллаҳ оларға (және ақыретте де) қатты азапты таярлап қойды. Солай екен, ҳәй ийман келтирген ақыл ийелери! Аллаҳтан қорқың! Ҳақыйқатында да, Аллаҳ сизлерге Зикирди (Қуранды) нәзил етти.

11. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди ислегенлерди қараңғылықлардан нурға шығарыў ушын сизлерге Аллаҳтың баян етиўши аятларын тиләўат қылатуғын пайғамбарды (Муҳаммадты жиберди). Ким Аллаҳға ийман келтирсе ҳәм ийгиликли ислерди ислесе, (Аллаҳ) оны астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлерге киригизеди. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ оның ушын (жәннет) ырысқысын гөззал еткен.

12. Аллаҳ жети аспанды ҳәм Жерден де сондай муғдарды (жети қабатты) жаратқан. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир екенин ҳәм Аллаҳ ҳәмме нәрсени (Өз) билими менен орап алғанын билиўиңиз ушын (Аллаҳтың) буйрығы (пәрманы) олардың (аспан ҳәм Жер) арасында нәзил болып турады.



[1] 65. ТАЛАҚ СҮРЕСИ

Күйеўинен ажырасқан, яғный талақ қылынған ҳаял қанша идда отырыўы, оны иддасы шыққанға шекем жай ҳәм напақа менен тәмийинлеп турыў күйеўдиң ўазыйпасы екени, Пайғамбардың (а.с.) өз үмметлерин наданлық қараңғылығынан ийман нурына қарай жетеклеп шығатуғын қутқарыўшы екени ҳәм басқа илаҳий нәсиятлар бул сүреден орын алған.

[2] 1-аят. Аят ҳәм ҳәдислерден келип шығып, фуқаҳалар «абғозул-ҳалал», яғный руқсат етилген, бирақ Аллаҳға жағымсыз саналған талақ мәселесин терең талқылаған. Тек зәрүрлик талабы менен талақ қылыў мүмкин деп билген ҳалда, күйеў егер сүннетке муўапық болсын десе, ҳаялы ҳайыздан пәк болған пайытта, жынысый байланыс етпей турып бир талақ қояды. Егер булардың керисин етсе, бидъат ис еткен болады, бирақ айтқан талағы түсе береди. Аятларда талақ мәселелери анық баян етилген. Бирақ, талақ түрлери, шәртлери ҳәм оған тийисли пәтўалардан тереңирек хабардар болмаған адамлар өзлеринше ҳүким шығармай, бундай қурамалы мәселелерди муфтий, қазы дәрежесиндеги уламаларға мүрәжат етиўи мақсетке муўапық болып есапланады.

[3] 6-аят. Талақ қылынған ҳаялға күйеўиниң беретуғын ўақытша напақасына тийисли шәртлер ҳаққында уламалар арасында айырым парықлар бар. Мәселен, «ражъий» талақ қылынған ҳаялға иддасы шыққанға шекем орын, аўқат, кийим менен тәмийинлеп турыўдың ўәжиб екенинде тартыс жоқ. Бирақ, «баин» ҳәм үш талақ қылынған ҳаялдың напақасы ҳаққында түрли көзқараслар бар. Мәселен, Ибн Аббас (рз.), Ҳ. Басрий, Шаъбий, Шафиий ҳәм Аҳмад (рҳ.)лар ҳәмиле болмаса, напақа ўәжиб емес, дейди. Ибн Масъуд (рз.), Ибраҳим Нахаий, Саўрий ҳәм ҳанафий уламаларының нәзеринде ҳәр қандай ҳалатта да талақ қылынған ҳаялға иддасы шыққанға шекем напақа ўәжиб саналады (Хз. Мд. Лс.).