Қураны кәрийм аўдармасы

Ҳашр

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Аллаҳға тасбиҳ айтты. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

2. Ол китап ийелеринен (яҳудийлерден) болған кәпирлерди өз үлкесинен биринши «топлаў»да-ақ шығарды. (Ҳәй мөминлер!) Сизлер оларды шығады, деп ойламаған едиңиз. Олар да, өзлериниң қорғанын Аллаҳтан (Оның азабынан) сақлап қалады, деп ойлаған еди. Кейин Аллаҳ(тың азабы) олар ойламаған тәрептен келди ҳәм олардың кеўиллерине қорқыныш салды. Олар үйлерин өз қоллары ҳәм мөминлердиң қоллары менен буза баслады. Солай екен, ҳәй көз ийелери! (Олардан) ибрат алың![2]

3. Егер Аллаҳ оларға сүргинди жазбағанда, оларды бул дүньяда (өлтириў ямаса тутқынға алыў менен) азаплаған болар еди. Оларға ақыретте дозақ азабы да бар.

4. Буған себеп – олар Аллаҳға ҳәм Оның Расулына қарсы шыққаны. Ким Аллаҳға қарсы болса, әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.

5. (Ҳәй мөминлер!) Сизлердиң (Бани Назир қурмазарларынан) бир қурманы кесиўиңиз де ямаса денесинде (орнында) қалдырыўыңыз да, (бул ис) тек Аллаҳтың руқсаты менен ҳәм фасық (иймансыз)ларды хорлаў ушын болды.

6. Аллаҳ Өзиниң Расулына олардан олжа етип берген нәрсеге сизлер ат ямаса түйе минип бармадыңыз (қыйналып қолға киргизгениңиз жоқ). Бирақ, Аллаҳ Өзиниң Расулын, Өзи қәлеген адамлардан үстем қылып қояды. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир.

7. Аллаҳ Өзиниң Расулына қалалардың (кәпир) халқынан олжа етип берген нәрсе, сизлерден бай-дәўлетлилер арасында айланатуғын нәрсе болып қалмаўы ушын Аллаҳға, Пайғамбарға ҳәм (оның) ағайин-туўысқанларына, жетимлерге, мискинлерге ҳәм мүсәпирлерге тийисли. Пайғамбар сизлерге нени әкелсе, соны алың ҳәм неден қайтарса, соннан қайтың ҳәм де Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.

8. (Сол олжалар және) өз үлкелеринен ҳәм мал-мүликлеринен (қуўып) шығарылған жарлы муҳажирлердики. Олар Аллаҳтан кеңшилик ҳәм Оның разылығын үмит қылады және Аллаҳға ҳәм Оның Расулына жәрдем береди. Әне солар – (ийманларына) садық.

9. Олардан (муҳажирлерден) алдын бул үлкеде (Мадинада) жасаған ҳәм ийманын сақлағанлар (ансорлар) өзлериниң журтларына ҳижрат қылып келгенлерди жақсы көреди ҳәм кеўиллеринде оларға берилген нәрселерде (олжалар себепли) қызғанышты сезбейди ҳәм де өзлериниң мүтәжлиги болса да, оларды (иҳсан қылыўда басқа мүтәжлерди) өзлеринен үстин қояды. Ким өзиниң нәпсиниң сықмарлығынан сақланса, онда, әне солар – (ақыретте) утысқа ерисиўши[3].

10. Олардан кейин (дүньяға) келгенлер*[4]: «Я Рәббимиз! Өзиң бизлерди ҳәм бизлерден алдын ийман менен өткен бирәдарларымызды кешир ҳәм кеўиллеримизде ийман келтиргенлерге деген жек көриўшиликти (пайда) қылма! Я Рәббимиз! Әлбетте, Сен – Меҳрибан, Рейимлисең», – дейди.

11. (Ҳәй Муҳаммад!) Еки жүзлилер өзлериниң китап ийелеринен (яҳудийлерден) болған кәпир ағайинлерине: «Егер сизлер (Мадинадан) қуўылсаңыз, әлбетте бизлер де сизлер менен кетемиз, сизлер(ге қарсы ҳәрекетлер)де ҳеш кимге итаат етпеймиз. Егер сизлерге қарсы урысса, әлбетте жәрдем беремиз», – дегенин көрмейсең бе? Аллаҳ: «Әлбетте, олар – өтирикши», – деп гүўалық береди.

12. Әлбетте, егер олар (яҳудийлер өз үлкелеринен қуўып) шығарылса, (еки жүзлилер) олар менен бирге шықпайды. Әлбетте, егер (яҳудийлерге қарсы) урыс қылынса, (еки жүзлилер) оларға жәрдем бермейди. Егер жәрдем берсе де, (яҳудийлер жеңилип) артларына қарап қашады ҳәм (кейин) оларға жәрдем берилмейди.

13. (Ҳәй мөминлер!) Әлбетте, сизлер олардың (еки жүзлилердиң) кеўиллеринде Аллаҳтан көре көбирек қорқынышлырақсыз. Себеби, олар – (Аллаҳтың қүдиретин) жақсы аңламайтуғын қәўим.

14. Олар (еки жүзли ҳәм яҳудийлердиң) ҳәммеси сизлер менен тек қорғанлы аўыллар (ишине жасырынып) ямаса дийўал артынан ғана урыса алады. Олар – өзлериниң арасында «күшли». (Сөзлеринен) оларды бир деп ойлайсаң, (бирақ) кеўиллери ҳәр түрли. Буған себеп – олардың ақыл жүритпейтуғын қәўим екенлиги.

15. (Олар –) мисли жақында өзлеринен алдын өткен, өз қылмысларының обалына қалғанлардың (Бадр урысында жеңилген мушриклердиң) уқсасы. Оларға (ақыретте де) аўыртыўшы азап бар.

16. (Олар) мисли инсанға «Кәпир бол», деген шайтанға уқсайды. Кейин, қашан (инсан) күпир келтиргенде (шайтан оған): «Мен сеннен бийзарман, себеби, мен (бәрше) әлемлер Рәббиси болған – Аллаҳтан қорқаман», – дейди (ҳәм инсанды тәрк етеди).

17. Енди екеўиниң (шайтан ҳәм кәпирдиң) ақыбети дозаққа кирип, ол жерде мәңги қалыўы болды. Залымлардың жазасы – усы.

18. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтан қорқың! (Ҳәр бир) жан (ийеси) ертеңги Күн (қыямет) ушын нени (қандай әмелди) ислегенине нәзер салсын! Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – не ислеп атырғаныңыздан хабардар.

19. Сизлер Аллаҳты умытып қойғаннан кейин (Аллаҳ) оларға өзлерин де умыттырып қойғанлардай болмаң! Әне солар – фасықлар (кәпирлер).

20. Дозақ әҳли менен жәннет әҳли тең емес. Жәннет әҳли – (қыяметте) утысқа ерисиўшилер.

21. Егер усы Қуранды қайсы бир таўдың үстине түсиргенимизде, әлбетте, оны (таўды) Аллаҳтан қорыққанынан қалтырап, майдаланып кеткенин көрген болар едиңиз. Биз бул мысалларды адамларға, қәнекей, олар пикир жүритсе, деп келтиремиз[5].

22. Ол сондай Аллаҳ, Оннан басқа илаҳ жоқ. (Ол –) жасырын нәрсени де, ашықтан-ашық нәрсени де билиўши. Ол – Мийримли, Рейимли.

23. Ол сондай Аллаҳ, Оннан басқа илаҳ жоқ. (Ол –) Патша, (айып-нуқсанлардан) Пәк, (бенделерине) Тынышлық бериўши, Аманлық бериўши, Бақлап турыўшы, Қүдиретли, Бойсындырыўшы, Тәкаббыр. Аллаҳ – олар ширк келтирип атырған нәрселерден пәк.

24. Ол – Жаратыўшы, Жоқтан бар қылыўшы, Ҳәмме нәрсениң көринисин жаратыўшы Аллаҳ. Оның гөззал исимлери бар. Аспанлар ҳәм Жердеги (ҳәмме) нәрсе Оған тасбиҳ айтады. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.



[1] 59. ҲАШР СҮРЕСИ

«Ҳашр» – топлап сүргин қылыў. Сүреде Мадинадағы Бани Назир деп аталыўшы яҳудийлер қәўиминиң жаўыз қылмыслары себепли журтынан сүргин қылыныўы туўралы мағлыўмат бар. Сондай-ақ, онда мөминлер ҳәм еки жүзлилер, жақсылар ҳәм жаманлардың тәрийп ҳәм сыпатлары аңлатылған.

[2] 2-аят. Расул (а.с.) Мадинаға келгенинде ол жердеги яҳудий қәўимлеринен бири – Бани Назир адамлары бийтәреп болыўды мойынларына алып, оның менен питим дүзген еди. Бадр саўашында мусылманлар жеңиске ерискенде, олар: «Аўа, бул сол Таўратта тәрийпи келген пайғамбар екен», – деп турды. Бирақ, кейинги жылы мусылманлар үстинен Мәккә мушриклери жеңиске ерискеннен кейин, бул Бани Назир қәўиминиң адамлары гүманға түсти ҳәм питим шәртнамасын бузды. Олардың сәрдары Кааб ибн Ашраф қырық атлы жигити менен Мәккәға барып, мушриклер сәрдары Әбиў Суфян менен Кааба алдында мусылманларға қарсы саўаш қылыў ушын өз ара аўқам дүзеди. Буннан хабар тапқан Пайғамбар (а.с.) Муҳаммад ибн Масламаға (рз.) буйырып, Кааб ибн Ашрафты өлтиртеди.

Соң өзлери бир бөлим жаўынгерлери менен барып Бани Назир қәўимин өз қорғанында жигирма бир күн қамалда услап турады. Үмитсизликке түскен Бани Назир қәўиминиң адамлары екинши мәрте питим дүзиўди усыныс қылады, бирақ Расул (а.с.) бир мәрте питимге қыянет еткен бул қәўим менен питим дүзиўден бас тартады ҳәм нәрселерин алып журттан шығып кетиўин талап етеди. Талап әмелге асады. Олар Шамның Ариҳа ҳәм Азруат қалаларына көшип кетеди (Мд.).

[3] 9-аят. Бул аяты кәриймада Мадиналы мусылманлар қаншелли мириўбетли ҳәм сақый екени тәрийпленген. Өзлери мүтәж бола турып, нәрселерин өзге мүтәжлерге иҳсан қылыў («ийсар») сақыйлықтың ең жоқары шыңы есапланады. Тасаўўыфта да «ийсар» суфийлердиң әдеп-икрамлылық пазыйлетлери ишиндеги ең жоқары дәрежеси болып табылады.

[4] 10-аят. Муҳажир ҳәм ансорлардан кейин келген инсанлар – кейинирек ҳижрат қылған яки табеийнлер ямаса қыяметке шекем келетуғын мөминлер, деген тәфсирлер бар (Мд. Қз.).

Айша (рз.) муҳажир ҳәм ансорлар дүньядан өтип кеткеннен кейин мусылманлар арасында шыққан алаўызлықлардан өкинип, Урўа ибн Зубайр ибн Аўўамға (рҳ.) қарап: «Ҳәй жийен! Қара, өткен саҳабалардың гүналарын Аллаҳтан сорап, дуўа қылыўға буйырылған мусылманлар енди олар ушын истиғфар айтыў орнына оларды жаманламақта», – деп өкинген екен.

[5] 21-аят. Яғный, Қураны кәриймниң қаншелли дәрежеде аўыр жуўапкершиликли ҳәм өрнек алыў дереги екени, ондағы илаҳий тәлимат сондай дәрежеде тәсир күшине ийе екенлиги мысал етип көрсетилип атыр: егер бир таўға сана-сезим берилип, оған усы Қуран түсирилгенде ҳәтте таў да оған тақат қыла алмай, оның жуўапкершилигинен қорқып, жарылып кететуғын болса, биз инсанлар неге бул муқаддес китап ҳәм илаҳий шақырыққа арқайынлық пенен қараймыз, деп пикир жүритсин делинбекте.