Қураны кәрийм аўдармасы

Нас

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана тилеп илтижа қыламан адамлардың Рәббисине,

2. адамлардың патшасына,

3. адамлардың илаҳына

4. (инсан Аллаҳты еслегенде) жасырынып, (еслемегенде) ўасўаса қылыўшы (шайтан)ның жаманлығынан,

5. (ол) адамлардың кеўиллерине ўасўаса салады.

6. (Өзи) жинлер ҳәм адамлардан»[2].



[1] 114. НАС СҮРЕСИ

«Нас» – адамлар. Бул сүреде инсанлар ҳәм жинлердиң жаўызлары, яғный шайтанларынан аман болыў ушын Аллаҳтан пана сораў тәлим бериледи. 6-аяттан белгили болыўынша, жинлердиң шайтаны болғанындай, адамлардың да шайтаны болады екен. Ҳәр еки тайпаның иси де адамларды ўасўаса етип, жолдан аздырыў болып есапланады.

[2] 6-аят. Рәўиятларға қарағанда, яҳудийлерден Лабид ибн ал-Аъсам деген бир еки жүзли өзин мусылман көрсетип, Пайғамбардың алдына келип-кетип жүреди ҳәм айырым қәжетлерин питкериў ушын хызмет етип турады екен. Оны қолға алып бир топар яҳудийлер Расулдың (а.с.) төгилген шашлары ҳәм тарағынан сынып түскен тислерин қолға түсиреди ҳәм усы нәрселерге сыйқыр оқып, бир ески қудыққа таслайды. Соннан кейин Расулдың (а.с.) шашлары төгилип, алты ай бийтап болып жатып қалады. Бир күни еки периште келип, бири дизесиниң алдына, екиншиси бас тәрепине отырып бир-бири менен сораў-жуўап қылады. Бири:

– Оған не болыпты? – десе, екиншиси:

– Сыйқырланыпты, – дейди.

– Ким сыйқырлапты?

– Лабид ибн ал-Аъсам атлы бир яҳудий.

– Сыйқырды неге оқыпты?

– Төгилген шашлары ҳәм тарақ тислерине.

– Сыйқыр оқылған нәрселер қай жерде?

– Зарўан атлы қудықта.

Соннан кейин адам жиберип көрсе, ҳақыйқатында да, сол қудықта шаш талшықлары, тарақ тислери ҳәм ийне қадалған және он еки түйин бар екен. Сол ўақытта Аллаҳ таала усы еки сүрени нәзил етеди. Жәбрайыл (а.с.) сүрелерди ҳәр бир мәрте оқығанында, биреўден түйин шешиледи. Солай етип, он еки мәрте оқығанда, дәрттен пүткиллей қутылып кеткен екен (Мд.).