Қураны кәрийм аўдармасы

Рум

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Мийм.

2. Рум (ләшкери парсы ләшкеринен) жеңилди.

3. Жүдә жақын жерде. (Бирақ) олар (румлылар) жеңилисинен кейин тез арада (парсы ләшкери үстинен) жеңиске ериседи.

4. Бир неше жыллар ишинде. Оннан алдынғы да, кейинги де ҳәмме ис Аллаҳтики. Сол күни мөминлер (румлылардың жеңисинен) қуўанады.

5. Аллаҳтың (Китап ийелерине берген) жәрдеми себепли. (Ол) қәлегенине жәрдем береди. Ол – Қудиретли, Рейимли[2].

6. (Бул –) Аллаҳтың ўәдеси. Аллаҳ Өз ўәдесин бузбайды. Бирақ, адамлардың көпшилиги буны (бундай ҳақыйқатларды) билмейди[3].

7. Олар ақыреттен ғапыл болған ҳалында бул дүнья өмириниң сыртқы көринисин ғана биледи.

8. Олар өзлеринше, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди ҳәм олардың арасындағы нәрселерди тек ҳақ (ҳикмет) ҳәм белгиленген мүддет пенен жаратқанын ойлап көрмей ме?! Ҳақыйқатында да, адамлардың көпшилиги – (қайта тирилип) Рәббисине (есап-санақ ушын) жүзбе-жүз болыўды инкәр етиўши.

9. Олар Жер бетинде сейил етип, өзлеринен алдынғы (пайғамбарларды инкәр етип, иймансыз кеткен адам)лардың ақыбети қандай болғанына қарамай ма?! Олар булардан (Мәккә кәпирлеринен) қуўатлы еди ҳәм жерди сүрип, оны булар абат қылғанына қарағанда көбирек абат қылған еди. Оларға да Пайғамбарлары ҳүжжетлер әкелген. Аллаҳ оларға зулым қылмады, бирақ олар өзине зулым қылды.

10. Соң жаманлық қылғанлардың ақыбети Аллаҳтың аятларын жалғанға шығарғаны ҳәм олардың үстинен күлгени ушын жаман болды.

11. Аллаҳ жаратыўды баслады, соң буны (жаратыўды қыяметте) тәкирарлайды. Соң (есап-санақ ушын) Оған қайтарыласыз.

12. Қыямет болған күни жынаятшылар үмитсиз болады.

13. (Ол Күни) оларға (келтирген) шериклеринен шәпәәтшилер болмады ҳәм олар шериклерине күпир келтириўши болды.

14. Қыямет болатуғын күни – әне сол күни (мусылманлар менен кәпирлер) бир-биринен ажыралады.

15. Кейин, ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар, олар бағда (жәннетте ойын-күлки ҳәм басқа рәҳәт жоллары менен) қуўанады.

16. Бирақ, күпир келтирип, Бизиң аятларымызды ҳәм ақыреттеги жолығыўды жалғанға шығарғанлар, әне солар – (қыямет күни мәңги) азапқа әкелинеди.

17. Солай екен, түнге кириўиңизде де, таңға кириўиңизде де Аллаҳға тасбиҳ айтың!

18. Аспанлар ҳәм Жердеги (айтылып атырған бәрше) ҳамд Оған тән. Кеште де, күндиз де (Оған тасбиҳ айтың)[4].

19. (Аллаҳ) өлиден тирини шығарады, тириден өлини шығарады ҳәм Жерди «өлгенинен» кейин «тирилтеди». Соған уқсап (тап шөплер өнгениндей) сизлер де (қыямет күни қәбирлериңизден) шығарыласыз.

20. Оның мөжизаларынан (бири) – Ол сизлерди (Адамды) топырақтан жаратқаны ҳәм кейин сизлер адамға айланып (Жер бети бойлап) тарқалыўыңыз.

21. Оның мөжизаларынан (және бири) – сизлер (нәпсини қандырыў тәрепинен) тыныш болыўыңыз ушын өзиңизден жуплар жаратқаны ҳәм араңызға муҳаббат ҳәм меҳирди салып қойғаны. Әлбетте, бунда пикир жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар.

22. Оның мөжизаларынан (және бири) – аспанлар ҳәм Жердиң жаратылыўы, тиллериңиз ҳәм реңлериңиздиң ҳәр түрли болыўы. Әлбетте, бунда алымлар ушын белгилер бар.

23. Оның мөжизаларынан (және бири) – түнде ҳәм күндиз уйқылаўыңыз ҳәм Оның кеңшилигинен (ырысқысынан) сораўыңыз. Әлбетте, бунда (қабыл қулағы менен) еситетуғын қәўим ушын белгилер бар.

24. Оның мөжизаларынан (және бири) – сизлерге (гүлдирмамадан) қорқыў ҳәм (жаўын жаўыўынан) үмит ушын шақмақты көрсетиўи ҳәм аспаннан суўды түсирип, оның менен жерди «өлгенинен» кейин «тирилтиўи». Әлбетте, бунда ақыл жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар.

25. Оның мөжизаларынан (және бири) – аспанлар ҳәм Жер Оның буйрығы менен (космоста) турыўы. Кейин (қыяметте) Ол сизлерди жерден бир мәрте шақырыўы менен ҳәммеңиз бирден шығасыз.

26. Аспанлар ҳәм Жердеги (бар) жанзатлар Оныки. Ҳәммеси Оған бойсынады.

27. Ол мақлуқатты жоқтан бар қылады, соң (қыямет күни) Өзи және қайтадан пайда қылады, бул – Оған жүдә аңсат[5]. Аспанлар ҳәм Жердеги ең жоқары мысал (жаратыўдағы жоқары үлги) Оныки. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

28. (Аллаҳ) сизлерге өзиңизден бир мысал келтирди: сизлердиң қолыңыздағы­ (қулларыңыз)дан Биз сизлерге ырысқы етип берген нәрседе (мал-мүликте) шериклериңиз бар ма?! Сизлер ол (ырысқы)да тең болып, олардан өзлериңиз (ҳаққыңызда) қорыққаныңыздай қорқасыз. Ақыл жүритетуғын қәўим ушын аятларды усындай кең баян етемиз[6].

29. Яқ! Зулым қылғанлар илим­сиз рәўиште ҳаўайы нәпсилерине ерди. Солай екен, Аллаҳ (жолдан) адастырған адамды ким ҳидаятқа баслай алады?! Оларға жәрдем бериўшилер де болмайды.

30. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Жүзиң (өзиң)ди (мудамы) туўры болған динде (Исламда) тут. Бул фитрат (жаратылыс) – Аллаҳ адамларды жаратқан негизги фитрат. Аллаҳтың жаратқанын өзгертип болмайды. Усы – туўры дин, бирақ, адамлардың көпшилиги (буны) билмейди.

31. Оған өзиңизди тапсырған ҳалыңызда (динди беккем тутың) ҳәм Оннан қорқың, намазды кәмил оқың ҳәм мушриклерден болмаң!

32. Олар (мушриклер) динин бөлип жиберип, топар-топар болып алды. Ҳәр бир топар (адамлары) – өзиниң алдындағы нәрседен (ақыйдадан) қуўаныўшы.

33. Қашан адамларға бир зыян жетсе, Рәббисине қайтып, Оған дуўа қылады. Соң оларға (Аллаҳ) Өзи тәрепинен мийирманлықты таттырса, сол ўақытта, олардан бир топары (және) Рәббисине ширк келтиреди.

34. Олар Биз берген нәрселерге (неъматларға) күпир келтире берсин! Енди (ҳәй мушриклер!) Ҳәзир пайдаланып қалың! Жақында (қыяметте ҳақыйқатты) билесиз!

35. Ямаса Биз оларға (аспаннан) олардың ширк келтириўин (туўры деп) айтатуғын бир ҳүжжет нәзил еттик пе?!

36. Қашан Биз адамларға бир мийирманлықты таттырсақ, олар буннан қуўанады. Егер оларға өз қоллары қылған нәрсе себепли жаманлық (мүсийбет) жетсе, сол ўақытта олар (Бизиң мийирманлығымыздан) үмитсизликке түседи.

37. Олар Аллаҳ Өзи қәлегенине ырысқыны кең ямаса (басқалардың ырысқысын) тар қылыўын билмей ме? Әлбетте, бунда ийман келтиретуғын қәўим ушын белгилер бар.

38. Солай екен, ағайин-туўысқанға, мискин ҳәм мүсәпирге[7] ҳақысын бер! Усы (ис), Аллаҳтың «жүзин» қәлегенлер ушын жақсы. Әне солар – (ақыретте) қутылыўшылар.

39. Адамлардың мал-мүлкине көбейсин деп сизлер берген сүтхорлық (үстемеңиз) Аллаҳ алдында улыўма көбеймейди. Ал, Аллаҳтың «жүзин» қәлеп берген зәкатыңыз, әне солар – (өз саўапларын) көбейтиўши[8].

40. Сизлерди жаратқан, соң ырысқыландырған, кейин өлтиретуғын, соң (қыяметте) және тирилтетуғын – Аллаҳ. (Айтып атырған) ширклериңиз ишинде усылардан биреўин қыла алатуғын бар ма?! Ол (Аллаҳ) – олар ширк келтирип атырған нәрселерден пәк ҳәм жоқары.

41. Адамлардың қылмыслары себепли қурғақлықта ҳәм теңизде бузғыншылық пайда болды. Бул олардың (өз қылмысларынан) қайтыўы ушын қылған айырым (жаман) ислерин(иң жазасын) таттырыў ушын[9].

42. Сен: «Жер бетинде сейил етиң ҳәм алдынғылардың ақыбети қандай болғанын көриң![10] Олардың көпшилиги мушриклер еди», – деп айт.

43. Аллаҳтан (тәрепинен, арқаға) қайтарылмайтуғын Күн (қыямет) келмесинен алдын туўры динге (Исламға) жүзиңди қарат! Сол Күни (адамлар түрли бөлеклерге) ажыралып кетеди.

44. Ким күпир келтирген болса, оның күпири өзине (зыян). Ким жақсы ислер қылған болса, (оны) өзлери ушын таярлаған болады.

45. (Бул) ийман келтирип, жақсы ислер қылғанларды Өз кеңшилигинен сыйлықлаўы ушын[11]. Әлбетте, Ол кәпирлерди жақсы көрмейди.

46. Оның мөжизаларынан (бири) – (жаўын жаўыўынан) хош хабар бериўши, Оның мийриминен (жаўыннан) сизлерди пайдаландырыў ушын, Оның буйрығы менен кемелер жүзиўи ушын, Оның кеңшилигинен (ырысқысынан) талап қылыўыңыз ушын самалларды жибериўи. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.

47. Ҳақыйқатында, Биз сеннен алдын да Пайғамбарларды өз қәўим­лерине жибердик. Кейин, олар (қәўимлерине) анық ҳүжжетлер келтирди. Соң Биз жынаят қылғанлардан өш алғанбыз. Бизде мөминлерге жәрдем бериў ҳақы бар[12].

48. Аллаҳ самалларды жиберип, олар менен бултларды қозғайды, кейин оны аспанда Өзи қәлегенинше жаяды ҳәм бөлек-бөлек қылады, соң оның арасынан жаўын шыққанын көресең. Қашан оны (жаўынды) Өз бенделеринен қәлегенине жеткизсе, олар сол ўақытта қуўанады,

49. үстине түспесинен (жаўын жаўмасынан) алдын, олар үмитсиз болған болса да.

50. Аллаҳтың мийирманлығы (жаўыны) излерине қара. Ол жерди «өлгени»нен кейин қалайынша «тирилтеди»?! Әлбетте, Ол (Аллаҳ) – өлилерди тирилтиўши ҳәм Ол – ҳәмме нәрсеге қәдир.

51. Егер Биз бир самал жиберсек, кейин олар (егинлерин) сарғайған ҳалда көрсе, оннан кейин де (бәри бир), кәпирлигинше қала берген болар еди[13].

52. Әлбетте, сен «өлиге» (сөзиңди) еситтире алмайсаң, артына бурылып кетип баратырған «герең»лерге де шақырықты еситтире алмайсаң.

53. Және сен «соқыр»ларды (да) адасыўынан (шығарып) ҳидаят қылыўшы емессең. Сен тек Бизиң аятларымызға ийман келтиретуғынларға ғана (өз сөзиңди) еситтире аласаң. Әне солар – мусылманлар.

54. Аллаҳ сизлерди әззи нәрседен (бир тамшы суўдан) жаратқан, соң (сизлерди) әззиликтен кейин қуўатлы қылды. Соң қуўаттан кейин және әззилик ҳәм қартайған(лықты пайда) қылды. Ол Өзи қәлегенин жаратады. Ол – Илимли, Қүдиретли.

55. Қыямет болатуғын күни жынаятшылар (бул дүньяда) бир сааттан артық турмағанына ант ишеди. Олар (дүньяда да) әне усындай (туўры сөзден жалғанға) бурылатуғын (жеңилтек) еди.

56. (Сол күни) илим ҳәм ийман берилгенлер: «Ҳақыйқатында да, сизлер Аллаҳтың (Лаўҳул-маҳфуздағы) жазыўы бойынша, қайта тирилиў Күнине шекем турдыңыз. Енди бүгин – қайта тирилиў Күни. Бирақ, сизлер (қызықпағаныңыз себепли буның ҳақ екенин) билмес едиңиз», – дейди.

57. Сол күни зулым қылған (күпирде болған)ларға үзир (бәне)лери пайда бермейди ҳәм олардан қайтыў да талап етилмейди.

58. Ҳақыйқатында да, Биз бул Қуранда адамлар ушын ҳәр түрли мысаллар келтирдик. Егер сен (ҳәй Муҳаммад!) Оларға (талап еткен) мөжизаны келтирсең де, әлбетте, күпир келтиргенлер: «Сизлер тек наҳақ ис қылыўшыларсыз», – дейди.

59. Аллаҳ (ҳақыйқатты) билмейтуғынлардың кеўиллерин, әне Усылай етип тамғалайды[14].

60. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сабыр ет! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. (Ақыретке) анық ийман келтирмейтуғынлар(дың қылмысы) сени итибарсызлық пенен қараўға (ғарғаўға) басламасын!



[1] 30. РУМ СҮРЕСИ

Рум – Византия мәмлекети.

Сүреде VII әсирдиң ең ири мәмлекетлери – Рум менен парсылар арасында басланған урыста Румның жеңилгени, бирақ жақын келешекте ол жеңиске ерисетуғыны ҳаққында хабар бериледи. Ҳақыйқатында да, жети жылдан соң Қуран хабары дәлилленип, румлылар парсылар үстинен жеңиске ериседи. Басқа аятларда илаҳий үгит-нәсият ҳәм ибратлы қыссалар даўам еттириледи.

[2] 5-аят. Парсылардың румлылар үстинен ерискен жеңиси Мәккә мушриклерин қуўандырды. Себеби, румлылар насраний дининде болып, илаҳий китап – Инжилге, мусылманлар да илаҳий китап –Қуранға әмел қылатуғын еди. Мәккә мушриклери илаҳий китапқа әмел қылыўшылар бизлерге уқсаған мушрик-мажусий парсылардан жеңилди, деп қуўанған пайытлары усы аятлар нәзил етилди.

[3] 6-аят. Аллаҳтың келешекте болатуғын ўақыялардан Расулды хабардар қылыўы оның шын пайғамбар екенлигинен дерек бериўши мөжизалардан есапланады. Усы аят нәзил болғанда Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) шын берилген мушрик Убай ибн Халаф пенен бәсекилескен, ол бойынша, тоғыз жыл ишинде румлылар парсылар үстинен жеңип шықса, Убай жүз түйени Әбиў Бәкирге (р.з.), егер бул мүддет өтип кетсе, Әбиў Бәкир (рз.) Убайға жүз түйе бериўи керек. Бул бәсекилесиўди Расул (а.с.) да қоллап-қуўатлады. Жети жыл өтиўи менен Әбиў Бәкирдиң (рз.) аятқа тийкарланып берген хош хабары туўры шықты. Убай өлип кеткени себепли оның мийрасхорларынан жүз түйе алынып, садақа қылып жиберилген (Мд. Ас.).

[4] 18-аят. Ибн Аббастан (рз.): «Қуранда бес ўақыт намаз туўралы қандай да бир аятты ушратқансаң ба?» – деп сорағанда усы 17, 18-аятларды оқып берген екен. Демек, аяттағы «түнге кириў пайыты» – шам менен қуптан намазлары. «Таңға кириў пайыты» – таң намазы. «Кешки пайыт» – аср. «Қуяш аўған пайыт» – песин намазының ўақты есапланады (Мд.).

Инсанлар пүткил өмирин ибадатқа сарплаўы мүмкин емеслиги, ал тиришилик ушын да ўақыт зәрүрлигин итибарға алып, Аллаҳ таала күнниң басланыў бөлими, ортасы ҳәм ақыры ҳәм де түнниң басы ҳәм ақырғы бөлиминде, яғный бес ўақыт намаз оқыўды парыз қылды. Ўитр намазы ўәжиб әмеллерден есапланады.

[5] 27-аят. Бул инсанлар ақылына муўапық айтылмақта. Себеби, Аллаҳтың қүдирети алдында биринши жаратыў менен қайта жаратыў ортасында қыйын ҳәм аңсатлық бойынша улыўма парық жоқ. Бирақ, инсан санасы көбирек тәбият нызамына көнликкени себепли Аллаҳ таала бул аятта мисли: «Сизлер биринши рет ойлап табыў қыйын, ойлап тапқаннан кейин қайта жаратыў аңсат, деген ақыйдаңыз бойынша да қыямет күни инсанларды қайта тиклеп, негизги ҳалына келтириўге Аллаҳтың қүдрети жетеди, деп билиўиңиз керек еди», – демекши (Мд.).

[6] 28-аят. Яғный, қол астыңыздағы қулларыңыз сизлердеги байлықларға ҳәм басқа бәрше имканиятларыңызға шерик болып, оларға сизлердей ийе болып алыўын қәлемегениңиздей, Аллаҳ таала да өз бенделериниң илаҳиятта инсанлар тәрепинен пайда қылынған жансыз ҳәм санасыз қәлпеки мабудалардың Оған шерик болыўын улыўма қәлемейди, ал бундай ширк ҳәм гүманланыўды кеширилмес гүналардан есаплап, бут ҳәм сәнемлерге сыйыныўшылардан қатты қәҳәр-ғәзеби келеди. Өзине ширк келтириўди зинҳар қабыл қылмайды.

[7] 38-аят. Ағайын-туўысқанның ҳақы – силаи раҳм, яғный мәҳрәм саналатуғын ағайинлердиң ишиндеги жарлыларын тәмийинлеў сол ағайинлердиң арасындағы байларының мойнына ўәжиб. Мискин ҳәм садақа сораўшылардың ҳақы – оларға садақа қылыў. Мүсәпир ҳәм мийманның ҳақы – оларды жақсы күтип алып, барын алдына қойып, кеткенде жақсы шығарып салыў. (Мд. Лс.)

[8] 39-аят. Яғный, берилген зәкат байлықты кемейтиў орнына оған берекет әкеледи. Ал, риба (сүтхорлық) байлықты көбейтип атырғанға уқсағаны менен берекетти кетиреди ҳәм Аллаҳтың қәҳәрине ушыратады.

[9] 41-аят. Яғный, жоқшылық, қурғақшылық, егин ҳәм саўда да берекеттиң кетиўи, от, суў киби апатлар адамлардың қылған ислерине жараса жаза ҳәм еслетпе есапланады.

[10] 42-аят. Өткенлердиң ақыбетлерин көриў еки түрли болады: Бириншиси – олардың үстине жаўдырылған таслар ҳәм жасаған жерлериниң қалдықлары болып, буларды көз бенен көриўге болады. Екиншиси – олар ҳаққында аят ҳәм ҳәдислерди оқып ямаса еситип, олардың ақыбети қандай болғаны ҳаққында пикирлеў, бул кеўил көзи менен көриледи.

[11] 45-аят. Аяттан мынадай мәни шығады: инсан ийман келтирип, жақсы әмеллерди қылыўы менен жәннетке кирмейди, ал жәннетке кириўине Аллаҳ тааланың кеңшилиги керек болады (А.Қ)

[12] 47-аят. Бул жерде Аллаҳ таала Өзиниң расулы Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға хош хабар тәризинде алдынғы үмметлердиң ийман келтирмегенлерин жазалағаны ҳәм пайғамбарларына жәрдем бергени ҳаққында хабар бермекте.

[13] 51-аят. Яғный, кәпирлер усы үш ҳалда да бирдей: Жаўын жаўмаса, Аллаҳтан үмит қылмайды, себеби оған ийман келтирмеген. Егер жаўын жаўса қуўанады, бирақ шүкир қылмайды. Егер егинге апат келсе, сарғайып, қуўрап қалса, сабыр етпейди. Бул апаттан налып, күпирди даўам етеди. (МД)

[14] 59-аят. Аллаҳ таала Өзиниң әзелий илими менен ҳәмме инсанлардың тәғдирин, дүньяда не ислер қылып өтиўин алдыннан биледи. Кимлердиң ийман келтирмейтуғынын билгеннен кейин сол ҳалында иймансыз өтиўин ерк қылған. Кеўлин тамғалағаны усы. Егер биреўди адасыўдан ҳидаятқа бурып қойса, бул Оның кеңшилигинен. (Ақ.)