1. (Бул) Китап Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳ (тәрепи)нен нәзил етилген.
2. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз саған Китапты ҳақ (ҳақыйқат) пенен нәзил еттик. Енди сен Оған – Аллаҳға динди (ширктен) қалыс қылған ҳалыңда ибадат қыл!
3. (Ҳәй инсанлар!) Еслериңизде болсын, қалыс дин Аллаҳтики. Оннан өзге «дослар»ды («илаҳ») қылып алғанлар: «Биз оларға тек бизлерди Аллаҳға жүдә жақын қылыўы ушын ғана ибадат қыламыз», (– дейди). Әлбетте, Аллаҳ (қыямет күни) олар арасында келиспей атырған нәрселеринде ҳүким шығарады. Әлбетте, өтирикши, кәпир адамларды Аллаҳ ҳидаят қылмайды.
4. Егер Аллаҳ перзентли болыўды қәлесе, әлбетте, Өзи жаратқан нәрселеринен қәлегенин таңлап алар еди. Ол (бундай айыптан) пәк. Аллаҳ – Жалғыз, Қоҳҳар (ҳәмме мақлуқатларды қүдирети менен бойсындырып, өз ҳүкимин ендириўши).
5. Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳақ (ҳикмет) пенен жаратқан, түнди күндиздиң үстине орайды, күндизди түнниң үстине орайды. Ол Қуяш ҳәм Айды (Өз әмирине) бойсындырған. (Олардың) ҳәр бири белгиленген мүддетке шекем жүреди. Есиңизде сақлаң, Ол – Қүдиретли, Кеширимли!
6. Ол сизлерди бир жан (Адам)нан жаратты. Соң оннан жубайын (Ҳаўаны пайда) қылды ҳәм сизлерге шарўа ҳайўанларынан сегиз жубайды түсирди (дүньяға келтирди) [2]. Ол сизлерди аналарыңыз қарнында үш (қабат) қараңғылық ишинде[3] бир жаратыўдан кейин және басқа жаратыўға өткизип жаратады. Әне, сол Аллаҳ – Рәббиңиз. Бийлик тек Оныки. Оннан өзге (ҳеш қандай) илаҳ жоқ. Енди (оған ибадат қылмай) қаяққа бурылып кетип баратырсыз?!
7. Егер күпир келтирсеңиз, әлбетте, Аллаҳ сизлерге мүтәж емес[4]. Ол Өз бенделериниң кәпир болыўына разы болмайды. Егер Оған шүкир қылсаңыз (ҳәм ийман келтирсеңиз), Ол сизлерден разы болады. Ҳеш бир көтериўши (гүнакар) өзге (көтериўши)ниң жүгин (гүнасын) көтермейди. Соң қайтыўыңыз – Рәббиңизге. Кейин, Ол сизлерге қылып жүрген әмеллериңиздиң хабарын береди. Әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрселерди билиўши.
8. Инсанға бир зыян жеткенде, Рәббисине тәўбе қылған ҳалында дуўа қылады. Ал, соң (Аллаҳ) Өз кеңшилигинен оған неъмат берсе, алдын Оған дуўа қылып турған нәрсесин умытады ҳәм (өзгелерди де) Оның жолынан адастырыў ушын Аллаҳға «теңлеслер» қылады (ойлап табады). Сен (ҳәй Муҳаммад!) оларға: «Күпириң менен (дүньяда) азғана пайдаланып қал! Әлбетте, сен жәҳәннем әҳлиненсең», – деп айт.
9. Ямаса түнлери сәжде қылған ҳәм тик турған ҳалда ибадат қылыўшы, ақыреттен қорқатуғын ҳәм Рәббисиниң мийриминен үмит қылыўшы (менен басқалар тең бола ма)?! Сен: «Билетуғынлар менен билмейтуғынлар тең бола ма?! [5]» – деп айт. Әлбетте, ақыл ийелери ғана еслетпе алады.
10. (Ҳәй Муҳаммад!) Мениң ийман келтирген бенделериме айт: «Рәббиңизге тақўа қылың! Бул дүньяда ийгиликли ис ислегенлер ушын (ақыретте) шырайлы (ақыбет – жәннет) бар. Аллаҳтың Жери кең. Әлбетте, сабыр етиўшилерге (ақыретте) сыйлықлар есапсыз бериледи».
11. Айт: «Әлбетте, мен динди Өзи ушын қалыс қылған ҳалымда Аллаҳға ибадат қылыўға буйырылғанман[6]
12. ҳәм мен мусылманлардың алдынғысы болыўға буйырылғанман».
13. Сен: «Әлбетте, мен егер Рәббиме бойсынбасам, уллы Күнниң азабынан қорқаман», – деп айт.
14. Айт: «Динимди Аллаҳға қалыс қылған ҳалымда Өзине ғана ибадат қыламан.
15. Енди сизлер (ҳәй мүшриклер!) Оннан басқа қәлеген нәрселерге ибадат қыла бериң. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Әлбетте, зыян көриўшилер қыямет күни өзлерине де, шаңарағына да зыян қылыўшы болады. Еслериңизде болсын, әне усы – анық зыян», – деп айт.
16. Олар ушын үстилеринен де оттан болған «саяманлар» бар, астыларынан да (оттан болған) «саяманлар» бар. Бул (келетуғын азаплар) менен Аллаҳ Өз бенделерин қорқытады. Ҳәй бенделерим! Маған тақўа қылың!
17. Шайтаннан, оған ибадат қылыўдан шетте болғанларға ҳәм Аллаҳға қайтқанларға хош хабар бар. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Мениң сондай бенделериме хош хабар бериң,
18. олар гәпти еситип, кейин ең жақсысына (пайдалысына) ереди[7]. Әне солар – Аллаҳ ҳидаят қылғанлар. Солар – нағыз ақыл ийелери.
19. Биреўге азап сөзи ҳақ болса (сен оны ҳидаят қыла аласаң ба?) Дозақтағыны сен қутқара аласаң ба?!
20. Бирақ, Рәббисине тақўа қылғанлар ушын (жәннетте) үсти-үстине қурылған бөлмелер болып, олардың астынан дәрьялар ағып турады. Аллаҳтың ўәдеси – усы! Аллаҳ ўәдеге кери ис қылмайды.
21. Аллаҳ аспаннан суў (жаўын-шашын) түсирип, кейин оны жерде булақлар етип ағызып қойғанын көрмедиң бе?! Соң оның менен ҳәр түрли реңдеги егинлерди шығарады. Кейин ол кепкенде, оны сарғайған ҳалында көресең. Соң оны (Аллаҳ таала) қуўраған шөпке айландырады. Әлбетте, бунда ақыл ийелери ушын еслетпе бар.
22. Аллаҳ Исламға көкирегин (кең) ашып қойған, ал өзи Рәббиси (тәрепи)нен болған нурда (ҳидаятта) турған адам (басқалар менен тең бола ма)?! Солай екен, Аллаҳты зикир қылыўдан кеўиллери қатып қалғанларға ўайл болсын! Әне солар анық адасыўда.
23. Аллаҳ ең шырайлы сөзди (аятлары бир-бирине) уқсас ҳәм (ҳүкимлери) тәкирар-тәкирар келетуғын Китап (Қуран) етип нәзил етти[8]. Оннан (оқылғанда) Рәббисинен қорқатуғынлардың тери (дене)лери қалтырайды. Соң олардың терилери ҳәм кеўиллери Аллаҳтың зикирине жумсарады (бейим болады). Мине, усы (Китап) – Аллаҳтың ҳидаяты. Оның менен Аллаҳ қәлегенин ҳидаят қылады. Аллаҳ кимди (жолдан) адастырса, енди оның ушын ҳидаят қылыўшы жоқ.
24. Қыямет күни жаман азаптан жүзи менен «сақланатуғын» адам (азаптан тыныш адам менен тең бола ма)?! (Ол күни) залымларға: «Өзлериңиз кәсип қылып алған нәрсени (динсизлик «мийўе»син) татып көриң!» – делинеди.
25. Олардан алдынғылар да (пайғамбарларды) өтирикши қылған, соң оларға өзлери сезбеген тәрептен азап келген еди.
26. Кейин Аллаҳ оларға бул дүньяда хорлықты таттырды, әлбетте, ақырет азабы және де үлкен болады. Егер олар (жазаның қатты болатуғынын) билсе еди (пайғамбарларды инкәр етпеген болар еди).
27. Ҳақыйқатында да, Биз бул Қуранда адамларға түрли мысалларды келтирдик. Қәнекей, еслетпе алса.
28. (Биз оны) қәтеси болмаған арабша Қуран ҳалында (нәзил еттик). Қәнекей, (Аллаҳтан) қорықса.
29. Аллаҳ бир мысал келтиреди: Бир адам (қул) болып, оның үстинде таласыўшы шериклер бар. Және бир адам (қул) толығы менен бир адамдики. Екеўиниң мысалы тең бола ма?! Аллаҳға ҳамд болсын. Яқ, олардың көпшилиги (ҳақыйқатты) билмейди.
30. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, сен де – өлиўшисең, олар да (мушриклер де) – өлиўши.
31. Соң, әлбетте, сизлер – қыямет күни Рәббиңиздиң алдында таласып-тартысыўшысыз[9].
32. Аллаҳ жөнинде (ширк ҳәм перзенти бар деп) өтирик сөйлеген ҳәм өзине Расгөй (ўаҳий) келгенде, оны өтирик деп айтыўшылардан да залымырақ адам бар ма?! Кәпирлердиң орны жәҳеннемде емес пе?!
33. Расгөйди (Қуранды) әкелген (Муҳаммад) ҳәм оны тастыйықлағанлар (мөминлер), әне солар – тақўалылар.
34. Олар ушын Рәббиси алдында (жәннетте) қәлеген нәрселери бар. Әне сол – ийгиликли ис қылыўшылардың сыйлығы.
35. (Бул) Аллаҳ олардың қылған ең жаман ислерин өширип, қылып жүрген ийгиликли ислериниң саўабы менен сыйлықлаўы ушын.
36. Аллаҳ Өз бендесине (Муҳаммадты қорғаўға) жетерли емес пе?! (Ҳәй Муҳаммад!) Олар сени (Аллаҳтан) өзге нәрселер менен қорқытады[10]. Аллаҳ кимди (жолдан) адастырса, кейин оның ушын ҳидаят қылыўшы болмайды.
37. Аллаҳ кимди ҳидаят қылса, енди оның ушын (жолдан) адастырыўшы жоқ. Аллаҳ қүдиретли, (душпанлардан) өш алыўшы емес пе?!
38. Егер сен олардан: «Аспанлар ҳәм Жерди ким жаратты?» – деп сорасаң, әлбетте, олар: «Аллаҳ!» – дейди. Сен: «Маған хабар бериң! Сизлер Аллаҳты қойып илтижа қылып атырған нәрселер (бутлар), егер Аллаҳ маған бир зыянды қәлесе, олар Оның зыянын кетириўши бола ма?! Ямаса (Аллаҳ) маған бир мийримди (жақсылықты) қәлесе, олар Оның мийримин услап қалыўшы бола ала ма?![11]» – деп айт. Сен: «Маған Аллаҳ – жетерли. Тәўекел қылыўшылар тек Оған ғана тәўекел қылады», – деп айт.
39. Сен айт: «Ҳәй қәўимим! Орныңызда турып (күпирден қайтпай), әмел қыла бериң! Әлбетте, мен де – әмел қылыўшыман. Енди жақында билесиз,
40. кимге хор қылатуғын азап келиўин ҳәм кимге мәңги азап кележағын».
41. Әлбетте, Биз саған Китапты ҳақ пенен бәрше адамлар ушын нәзил еттик. Енди ким ҳидаятқа жүрсе, өзи ушын (жүрген болады). Ким (туўры жолдан) адасса, өзиниң зыянына адасқан болады. Сен оларға қорғаўшы емессең.
42. Аллаҳ жанларды өлими ўақтында, ал өлмегенлерин уйқысы ўақтында алады. Кейин, Өзи өлимге ҳүким қылынған (жан)ларды (қайтармай) услап қалады, қалғанларын белгиленген мүддетке шекем (әжеллери жеткенше) жиберип қояды[12]. Әлбетте, бунда ойланатуғын қәўим ушын белгилер бар.
43. Ямаса олар Аллаҳтан өзге «шәпәәтши»лерди (илаҳлар қылып) услаған ба?! (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Егер олар бир нәрсеге де ийе болмаса ҳәм бир нәрсени (ҳақыйқатты) аңламаса да ма?!» – деп айт.
44. Сен: «Барлық шәпәәт тек Аллаҳтики. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги де Оныки. Соң (қыяметте бәршеңиз) Оған ғана қайтарыласыз», – деп айт.
45. Қашан Аллаҳтың жалғыз Өзи зикир қылынса, ақыретке ийман келтирмейтуғынлардың жүреклери аўырады. Қашан Оннан өзгелер (бутлар) зикир қылынса, бирден қуўанып кетеди.
46. Сен: «Я Аллаҳым! Аспанлар ҳәм Жерди жаратыўшы, ғайып ҳәм ашық нәрселерди билиўши! Сениң Өзиң бенделериңниң арасында олар келисе алмай жүрген нәрселерде ҳүким қыласаң», – деп айт.
47. Егер зулым қылғанларға (кәпирлерге) Жер бетиндеги (барлық) нәрсе ҳәм оның менен және сол қурақым нәрсе берилсе де, қыямет күниндеги азаптың жаманлығынан соларды (нәрселерди) төлем қылып берип жиберген болар еди[13]. (Себеби, сол күни) оларға Аллаҳ тәрепинен өзлери (дүньяда жасаған ўақтында) ойларына да келтирмеген нәрселер (азаплар) көринеди.
48. Оларға өзлери кәсип қылған нәрселердиң жаманлығы да көринеди және оларды өзлери (дүньяда) масқаралап жүрген нәрсе (азап) орап алады.
49. Енди қашан инсанға бир зыян жетсе, ол Бизге дуўа қылады. Соң оған Биз Өзимизден неъмат берсек, ол: «Әлбетте, бул маған илимим себепли берилди», – дейди. Яқ, ол – сынақ. Бирақ, көпшилик (бул неъматтың сынақ екенин) билмейди.
50. Ҳақыйқатында да, буны (гәпти) олардан алдынғылар да айтқан еди. Кейин, олардың кәсип қылған нәрселери (дүнья буйымлары) өзлерине пайда бермеди[14].
51. Кейин, оларға қылған ислериниң жаманлықлары (басына) жетти. Әне солардан (Мәккә мушриклеринен) зулым қылғанларына да жақында қылған ислериниң жаманлықлары жетеди. Олар – (бәледен) қашып қутылыўшылар да емес.
52. Олар Аллаҳ Өзи қәлегенине ырысқыны кең ҳәм (Өзи қәлегенине ырысқыны) тар қылыўын билмей ме?! Әлбетте, бунда ийман келтириўши қәўим ушын белгилер бар.
53. (Ҳәй Муҳаммад!) Өз жанларына (гүна менен) зулым қылған бенделериме айт: «Аллаҳтың мийриминен үмитсиз болмаң! Әлбетте, Аллаҳ ҳәмме гүналарды кеширеди. Әлбетте, Оның Өзи – Кеширимли, Рейимли»[15].
54. Сизлерге азап келип, соң жәрдем берилмей қалыўынан алдын Рәббиңизге қайтың ҳәм Оған бойсының!
55. Сизлерге өзлериңиз сезбеген ҳалда тосаттан азап келип қалыўынан алдын, Рәббиңизден сизлерге түсирилген ең сулыў нәрсеге (Қуранға) ериң!
56. Нәпси (жан): «Аллаҳ ҳаққында (Оған ибадат қылыўда) қылған кемшиликлерим ушын ҳәсирет болсын! Растан да, мен масқара қылыўшылардан болған едим», – деместен алдын
57. ямаса: «Егер Аллаҳ мени ҳидаят қылғанда, әлбетте, тақўалылардан болар едим», – деместен алдын
58. яки азапты көрген ўақытта: «Егер маған және бир мәрте (жасаў имканияты) болғанда, ийгиликли ис қылыўшылардан болар едим», –деместен алдын (Қуранға ериң).
59. «Яқ! Ҳақыйқатында да, саған Мениң аятларым келгенде, сен оларды жалғанға шығардың, тәкаббырлық қылдың ҳәм кәпирлерден болдың».
60. Қыямет күни Аллаҳ жөнинде өтирик сөйлегенлерди, бетлери қарайған ҳалда көресең. Жәҳәннемде тәкаббырлық қылғанлар ушын орын жоқ па?! (Әлбетте, бар.)
61. Аллаҳ тақўа қылғанларды утыслары себепли (ақырет азабынан) қутқарады. Оларға жаманлық жетпейди ҳәм олар қапа да болмайды.
62. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсениң жаратыўшысы. Ол – ҳәр бир нәрсеге ўәкил (қәўендер).
63. Аспанлар ҳәм Жердиң гилтлери Онда (Аллаҳта)[16]. Аллаҳтың аятларына күпир келтиргенлер, әне солар – зыян көриўшилер.
64. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Сизлер (еле) мени Аллаҳтан өзгеге ибадат қылыўыма буйырып атырсыз ба, ҳәй наданлар?!» – деп айт.
65. Ҳақыйқатында да, саған ҳәм сеннен алдын өткенлерге де (пайғамбарларға былай деп) ўаҳий қылдық: «Егер ширк келтирсең, әлбетте, әмелиң бийкар кетеди ҳәм әлбетте, зыян көриўшилерден боласаң!
66. Аўа (соның ушын), Аллаҳға ғана ибадат қыл ҳәм шүкир қылыўшылардан бол!»
67. Олар Аллаҳтың қәдирин туўры аңламады (танымады). Пүткил Жер қыямет күни Оның бир «уўыс»ында болады. Ал, аспанлар – Оның «қол»ына жыйналыўшы[17]. Ол олар ширк келтирип атырған нәрселерден пәк ҳәм жоқары.
68. Суўрға үплениўи менен аспанлар ҳәм Жердеги бар жанзатлар есинен танды (өлди). Тек Аллаҳ қәлегенлер ғана (тири қалады)[18]. Соң оған және бир мәрте үпленгенде, олар (бәрше халық) бирден (тирилип, қәбирлеринен) турып, (Аллаҳтың буйрығына) қарап турады.
69. Жер (мәҳшар) Рәббисиниң нуры менен жақтыланады[19]. Китап (әмел китабы таярлап) қойылды. Пайғамбарлар ҳәм гүўалар (периштелер) келтирилди ҳәм оларға зулым қылынбаған ҳалда ҳақ пенен ҳүким шығарылды.
70. Ҳәр бир жанға қылған әмели (ушын сыйлығы ямаса жазасы) толық берилди. Ол (Аллаҳ) – олар (дүньяда) ислеп атырған ислерди жүдә жақсы билиўши.
71. Күпир келтиргенлер жәҳәннемге топар-топар қылып айдалды. Ҳәтте оған (жәҳәннемге) жетип келген ўақтында, оның есиклери ашылды ҳәм оның қорықшылары оған: «Сизлерге Рәббиңиздиң аятларын тиләўат қылып беретуғын, сизлерди усы күниңиздеги жолығыўыңыздан ескертетуғын, өзлериңизден болған пайғамбарлар келген жоқ па еди?!» – деди. Олар: «Аўа (келди). Бирақ, (Аллаҳтың) кәпирлердиң үстине (айтылған) азап сөзи[20] ҳақ болып шықты», – дейди.
72. (Сонда оларға): «Жәҳәннем есиклеринен кириң, сизлер ол жерде мәңги қаласыз!» – делинди. Солай екен, тәкаббырлардың орны буншелли жаман!
73. Рәббилерине тақўа қылғанлар жәннетке топар-топар қылып алып барылды. Ҳәтте оған жетип келген ўақтында, оның есиклери ашылды ҳәм оның қорықшылары: «Сизлерге сәлем болсын! Хош келдиңиз! Енди оған мәңги қалыўшы болған ҳалыңызда кириң!» – дейди. (Буннан олар жүдә қуўанады.)
74. Олар: «Бизлерге берген ўәдесин шын қылған ҳәм бизлерге (бул) жерди мийрас етип берген Аллаҳға ҳамд болсын. Жәннеттен өзимиз қәлеген жерден орын аламыз», – дейди. Солай екен, (усы дүньяда ийгиликли) әмел қылыўшылардың (жәннеттеги) сыйлығы қандай жақсы!
75. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (сол Күни) периштелер Арштың әтирапын орап алып, Рәббисине ҳамд пенен тасбиҳ айтып атырған ҳалда көресең. (Өйткени) олардың (пайғамбарлар ҳәм үмметлериниң) арасында ҳақыйқат пенен ҳүким қылынды ҳәм «(Бәрше) әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳға ҳамд болсын!» делинди.
[1] 39. ЗУМАР СҮРЕСИ
Зумар – топарлар дегенди билдиреди. Сүреде қыямет күни адамларды периштелер жәннет ҳәм дозаққа топар-топар етип алып барыўы сүўретленген. Ондағы аятларда Аллаҳ таала өз бенделерине түрли турмыслық мысаллар келтирип, Өзиниң қүдирет ҳәм ҳикметлерин баян етиў арқалы ақыретке ийгиликли әмеллер менен таярланыў жолларын көрсетеди.
[2] 6-аят. Сегиз жуп шарўа маллары дегенде – түйе, мал, қой ҳәм ешкилердиң еркек ҳәм урғашысы бирге есапланғаны нәзерде тутылған.
[3] * Үш қабат қараңғылық – бул, ананың жатырындағы, ҳәмилени орап турыўшы перде астындағы ҳәм қарын ишиндеги қараңғылықлар (ИК).
[4] 7-аят. Қудсий ҳәдисте айтылады: «Ҳәй бенделерим! Алдынғылар ҳәм ақырғылар, инсанлар ҳәм жинлер ҳәммеси бир қыйлы жаман фасық кеўил ийесиндей итаатсыз болса да Мениң мүлкимнен бир нәрсени де кемейте алмайды».
Буның менен Аллаҳ таала жақсы болсаңыз да, жаман болсаңыз да өзиңизге, демекши. Ол ҳеш кимниң ибадаты ямаса тақўасына мүтәж емес. Ал, ибадат ҳәм тақўа ийелери ҳәмме ўақыт Аллаҳ таалаға мүтәж болады.
[5] 9-аят. Яғный, алымлар менен наданлар (илимсизлер) маърифатта яки мөминлер менен кәпирлер саўап ҳәм ибадатта, ямаса пайғамбарды тастыйықлаўшылар менен оны инкәр етиўшилер Аллаҳтың алдында тең болмайды. Яғный, жаза ҳәм сыйлықта парық болады (Лс.).
[6] 11-аят. Мәккә мушриклери Муҳаммадқа (а.с.): «Қара, әкең Абдуллаҳ, атаң Абдулмутталиб ҳәм қәўимиңниң уллы адамлары басқа динде болған ғой, сен да оларға еликлесең болмай ма?» – дегенинде усы аятлар нәзил етилген.
[7] 18-аят. Бул аят та түрлише тәфсир етилген. Мәселен, ўәжиб пенен мустаҳаб тең келип қалса, ўәжибти, мустаҳаб пенен мубаҳ ушырасып қалса, мустаҳабты таңлаў, басқа гәплерди қойып Қуранды, Аллаҳтың буйрықларындағы (әпиў киби) саўабы көбирек ҳүкимди ықтыяр етиў яки адамлардың түрли темадағы гәплерин еситип, пайдалысына ериўшилер ҳидаят тапқан ақыллы адамлар болып есапланады (Мд.).
[8] 23-аят. Айырым мусылманлар китап ийелериниң исламға киргенлеринен: «Таўратта ҳәмме нәрсе баян етилген, – дейди. Бизге ол ҳаққында айтып берсеңиз», – деп өтиниш қылғанда, усы аят нәзил болып, онда Қураны кәрийм басқа ҳәмме китаплардың орнына өтиўи ҳаққында баян етилмекте (Лс.).
[9] 31-аят. Саҳабалар: «Қыямет күни ҳеш ким менен даўласпаймыз», – деп жүретуғын еди. Усманды (рз.) өлтиргеннен кейин: «Енди таласып даўласатуғын болдық», – деген екен (Мд.).
Ҳәдислерде: «Кимниң биреўде ҳақысы болса, бул дүньяда берсин, қыямет күни пулдың орнына өзиниң саўабынан бериўге туўры келеди», – делинген.
[10] 36-аят. Олар Муҳаммадты (а.с.) қорқытыў мақсетинде: «Сен бизиң қудайларымызды хорлағаның ушын олар саған қандай да бир мүсийбет жеткизиўи керек», – дейтуғын еди.
[11] 38-аят. Аллаҳ таала мушриклер сыйынатуғын бут ҳәм сәнемлерди аятта «кашифат» ҳәм «мумсикат» деп ҳаял жынысында (муаннас түринде) келтириўиниң еки себеби бар. Бири – олардың өзи мабудаларын тийкарынан ҳаял жынысында атайтуғын еди. Мәселен, Лат, Узза, Манат киби. Екиншиси – мушриклер үстинен күлиў. Яғный, сизлер ҳаял жынысларына сыйынасыз. Ал, ҳаяллар сизлердиң ақыйдаңыз бойынша ең пәс қатламдағы кимселер есапланады, деп оларды тартыста утыў (Мд.).
Соның ушын қәлпеки илаҳлар, әдетте, мабудалар делинеди.
[12] 42-аят. тәфсирлерде жазылыўы бойынша, инсанда «үлкен өлим» ҳәм «киши өлим» болады. Үлкени – әжел жеткенде руўхтың денеден шығып кетиўи. Киши өлим – бул, уйқы. Уйқыдағы адам өлиге уқсатылады. Себеби, өли киби ол да бес сезиў ағзалары ҳәм ақылдан ўақытша болса да жырақ болады. Қураны кәриймде «ўафат» сөзиниң өзегинен алынған ҳәм «уйқы» мәнисин аңлататуғын ибаралар келген (Мд. ИК).
«Әли Имрон» сүреси, 55-аят, «Анъам» сүреси, 60-аяттың аўдарма ҳәм тәфсирлерине қаралсын.
[13] 47-аят. Бул аят ширк ҳәм күпирде өмир өткериў менен өз жанларына жәбир қылған мушриклер туўралы нәзил етилген болса да, мөмин-мусылманлар да оннан өзлерине жараса жуўмақ шығарса, мақсетке муўапық болар еди. Себеби, ақырет азабынан қутылыў ҳәм жәннеттен үмитли болыў ушын тири пайытында Аллаҳтың жолына бир дүнья байлықты емес, имканиятына жараса мүнәсип жерлерге садақа ҳәм қайыр-иҳсан қылыўға буйырылған есапланады.
[14] 50-аят. Олардан илгери «Байлықларымды өз илимим ҳәм өнерим арқалы тапқанман», – деген шахс Қарун ҳәм оның шериклери яки Аллаҳға белгили өтмиштеги басқа бай адамлар болыўы мүмкин. Олардың есап-сансыз байлықлары өзлерине буйырмағанындай, сынаў ушын берилген байлықты ҳәр қандай инсан Аллаҳтан деп билиўи, нашүкирлик қылмаўы, ал бундай материаллық имканияттан тири пайытында ақырет бахты жолында пайдаланып қалыўға ҳәрекет қылыўы лазым болып есапланады.
[15] 53-аят. Бул аят Ибн Касир (рҳ.) гәпи менен айтқанда, кәпирлер ушын да, мөминлер ушын да теңдей шақырық. Себеби, күпир ҳәм ширктен усы дүньяда тәўбе қылып ийман келтирген адамның тәўбеси ҳәм ийманы қабыл етилетуғыны анық. Сондай-ақ, мөмин бола турып, дәрьяның көбигиндей көп гүна қылған кимсениң де гүналарын Аллаҳ таала өз кеңшилиги менен кешип жибериўи мүмкин екени де аят ҳәм ҳәдислерден белгили (Ақ.).
[16] 63-аят. «Жер менен аспанлардың гилтлери Онда» дегенде оларды басқарыў Оның қолында, қалай қәлесе, солай басқарады, деп тәфсир қылынады. Аяттың және басқаша тәфсири де бар. Ол да болса, Усман (рз.) бир күни Расулдан (а.с.) усы аяттың тәфсирин сорағанда Жер менен аспандағы жақсылықларға ерисиў ушын оқылатуғын арнаўлы тәкбир, ҳамду сәне ҳәм тамжид кәлиймаларын оқып көрсетип берген екен (Мд.).
[17] 67-аят. Мушриклер Аллаҳтың қаншелли уллы қүдирет ҳәм ҳикмет ийеси екенин түсинбестен, Оны қойып, әззи ҳәм хор нәрселерге сыйынғанлары ушын аятта Жер менен аспанлар сонша үлкен жаратылыс бола турып, Аллаҳтың уллылығы алдында бир уўыс яки бир тутам нәрсе екени еслетилмекте. Қәне, сонда Оны туўры қәдирлесе. Бирақ, олардың көпшилиги илаҳий үгит-нәсиятларды қабыл қулағы менен тыңламайды.
[18] 68-аят. Исрапыл (а.с.) биринши мәрте суўрды шалғанында ҳәмме жанзат өлип, тек Жәбрайыл, Мекайыл, Исрапыл, Әзирейил, Аршты көтерип турыўшы периштелер, жәннет ризўаны (хызметкерлери), ондағы ҳүрлер, дозақ хызметкерлери тири қалады (Мд.).
[19] 69-аят. Әбиў Мансур Матуридий (рҳ.) сөзи бойынша, қыямет күни мәҳшар Қуяш нуры менен емес, ал Өзиниң арнаўлы жақтыландыратуғын нуры менен жақтыландырыўы мүмкин (Мд.).
[20] 71-аят. Қуранда «Кәлийматул-азаб», «қаўл» сөзлери көп келеди. Олардан мурат Аллаҳ таала өзиниң әзелий илими менен күпирди ықтыяр қылыўшыларды алдыннан билгеннен кейин, оларды кәпирлик ҳалларында дүньядан өтип, дозақта азапланады, деп қойғаны яки Қуранның төрт жеринде «жәҳәннемди толтыраман» деген аят бар. Демек, Аллаҳ лебиз қылып қойған. Усы лебизин мүнәсип жерлерде еслетип турады.