Қураны кәрийм аўдармасы

Нажм

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Батып атырған жулдыз бенен ант етемен,

2. сизлердиң достыңыз (Муҳаммад) адаспады, жолдан да азған жоқ!

3. (Және ол Қуранды) ҳаўадан (алып) айтып атырған жоқ!

4. Ол (Қуран) – тек (Аллаҳ тәрепинен) нәзил етилип атырған бир ўаҳий.

5. Оған (тиләўатты) беккем қуўат ийеси (Жәбрайыл) тәлим берди.

6. (Ол –) күш-қуўат ҳәм өткир ақыл (шырай)ға ийе (периште). Кейин, ол (өз көринисине кирип) турды.

7. Ол жоқары (дәрежедеги) көк жийекте еди.

8. Соң жақынласып, пәследи.

9. Кейин, (Муҳаммадқа) еки оқ жай аралығындай ямаса (оннан да) жақынырақ келди.

10. Кейин бендесине (Муҳаммадқа Аллаҳ) ўаҳий еткен нәрсени әкелди.

11. Көрген нәрсесинде кеўли өтирикши болмады. (Көзи менен Жәбрайылды кеўли менен Аллаҳты көрди).

12. Енди сизлер, (ҳәй мушриклер! Пайғамбар) көрип турған нәрсеси үстинде оның менен тартысасыз ба?!

13. Ҳақыйқатында да, (Муҳаммад Жәбрайылды және) оны екинши мәрте (Меражда) көрди.

14. «Сидратул мунтаҳа» (дарағы) алдында.

15. «Маъўа бағы» да оның (дарақтың) алдында.

16. Сол ўақытта, «Сидра»ны (дарақты) орайтуғын нәрсе (нур яки алтын қуслар) орап алған еди.

17. (Пайғамбардың) көзи (шетке) бурылмады, ҳәддинен де асқан жоқ.

18. Ҳақыйқатында да, ол (сол ўақытта) Рәббисиниң үлкен белгилерин көрди.

19. (Ҳәй Мушриклер!) Көрдиңиз бе (бутларыңызды) – «Лат» ҳәм «Узза»ны?

20. Және басқа, үшиншиси – «Манат»ты?

21. Еркек (жынысы) сизлерге, ҳаял (жынысы) Оған ба?!

22. Олай болса, бул әдалатсыз бөлистириў ғой?!

23. Олар (атамалар) сизлер ҳәм ата-бабаларыңыз қойған атамалардан басқа нәрсе емес. Аллаҳ буған (олардың илаҳ екенлигине) ҳеш бир ҳүжжет түсирмеген. Оларға (мушриклерге), Рәббисинен ҳидаят келген ҳалда, олар тек өзлериниң гүман ҳәм ҳаўайы нәпсилерине ғана ерип атыр.

24. Ямаса инсанға арзыў қылған нәрсеси (өмирде) бола бере ме?

25. Демек, ақырет те, дүнья да Аллаҳтики.

26. Аспанларда қаншадан-қанша периштелер болып, солардың шәпәәти де – Аллаҳ Өзи қәлеген ҳәм разы болған адамлар ушын (шәпәәтке) руқсат бермегенше – пайда бермейди.

27. Әлбетте, ақыретке ийман келтирмейтуғынлар периштелерди ҳаяллардың аты менен атайды.

28. Оларда бул ҳаққында ҳеш қандай илим (ҳүжжет) жоқ. Олар тек гүманға ғана ереди. Әлбетте, гүман ҳақый­қат орнына өтпейди.

29. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Бизиң еслетпемизден жүз бурып кеткен ҳәм тек дүнья өмиринен басқасын қәлемейтуғынлардан ўаз кеш!

30. Олардың «илим»нен жеткен жерлери – мине, усы. Әлбетте, Рәббиң – Өзиниң жолынан адасқанларды билиўши ҳәм Ол – ҳидаят тапқанларды да билиўши.

31. Аспанлардағы ҳәм Жердеги бар нәрсе Аллаҳтики. Ол жаманлық (гүна) қылғанларды қылған исине жараса жазалайды ҳәм ийгиликли ис еткенлерди гөззал (сыйлық, жәннет) пенен сыйлықлайды.

32. Олар (жәннет халқы) – киши гүналардан емес, үлкен гүналар ҳәм бузық ислерден шетте болатуғынлар. Әлбетте, Рәббиңниң кеширими кең. Ол – сизлерди (Адамды) Жерден (топырақтан) пайда еткенде де, сизлер аналарыңыздың қарынларында ҳәмилелик ўақтыңызда да сизлерди жақсы билиўши. Солай екен, сизлер өзиңизди ақламаң! Ол – тақўалы адамларды жақсы билиўши.

33. (Ҳәй Муҳаммад!) Көрдиң бе, ким (ийманнан) жүз бурып кетти,

34. ҳәм азғана (мал-дүнья) берип, (кейин шәрт қылынған мал-дүнья бериўди) тоқтатты?![2].

35. Оның алдында ғайып илими бар ма, ол (оннан келешекти) көре алса?!

36. Ямаса (ол) Муўса саҳифаларындағы нәрселерден бийхабар ма?!

37. Яки опалы болған Ибраҳимниң де ме (саҳифаларынан да бийхабар ма)?

38. (Оларда жазылған еди:) Әлбетте, ҳеш бир көтериўши (гүнакар) өзгениң жүгин (гүнасын) көтере алмайды.

39. Инсанға тек өзи еткен ҳәрекети ғана (тийисли) болады.

40. Әлбетте, оның еткен ислери жақында (қыяметте) көринеди.

41. Соң оған толық жаза (ямаса сыйлық) бериледи.

42. Әлбетте, ақырғы мәнзил – Рәббиңниң алдына (қайтыў).

43. Әлбетте, күлдирген де, жылатқан да – Оның Өзи.

44. Әлбетте, өлтирген де, тирилткен де – Оның Өзи.

45. Әлбетте, ол еркек ҳәм ҳаял жубайды жаратқан

46. атылып шыққан нутфадан.

47. Әлбетте, (қыяметте) екинши (мәрте) пайда қылыў да Оған (тән).

48. Әлбетте, бай қылған да, дәўлетли қылған да – Оның Өзи.

49. Әлбетте, Шиъро[3](жулдызы)ның Рәббиси де – Оның Өзи.

50. Әлбетте, ол алдынғы Адты (қәўимин) қыйратты.

51. Және Самудты да (қәўимин де). Кейин, (олардан ҳеш қайсысын тири) қалдырмады.

52. Және буннан алдын Нуҳ қәўимин де (қыйратқан еди). Себеби, олар жүдә залым ҳәм дым ҳәддинен асқан еди.

53. Және Ол төңкерилгенди (Лут қәўимин) де қулатқан.

54. Кейин, оны ораған нәрсе (жаўылған таслар) менен орап таслады.

55. Солай екен, (ҳәй инсан!) Рәббиңниң қайсы неъматларына шек келтиресең?!

56. Бул (Муҳаммад та) – алдынғы ескертиўшилерден бир ескертиўши.

57. Жақын болыўшы (қыямет) жақын қалды.

58. Оның ушын Аллаҳтан басқа ашыўшы (билиўши) жоқ.

59. (Ҳәй мушриклер!) Бул сөзден сизлер әжепленип атырсыз ба?!

60. Жыламай, күлип атырсыз ба?!

61. Сизлер ғапыл ҳалыңызда да ма?!

62. Енди Аллаҳға сәжде қылың­ ҳәм ибадат қылың![4]



[1] 53. НАЖМ СҮРЕСИ

«Нажм» – жулдыз. Сүреде келген ең әжайып мағлыўматлардан бири – бул мераж түниниң тәрийпи. Яғный, Муҳаммад (а.с.) Мәккәдан Ақсо мешитине шекем, соң ол жерден аспанлар үстинен пәрўаз қылып, Аллаҳ буйырған жерге шекем илаҳий сейил қылған түн усы сүреде баян етиледи.

[2] 34-аят. Мәккә мушриклеринен Ўалийд ибн Муғийра болып, басқа бир мушрик пенен егер исламға кирмесең ақыреттеги гүналарыңды мойныма аламан, бирақ ҳәзир мәлим муғдарда маған ҳақы төлейсең, деп шәртлескен. Ўалийд разы болып, пулдың азырағын берип, қалғанын бермеген.

Ўалид ҳаққында және «Қалам» сүресиниң 10–16-аятларына қараң.

[3] 49-аят. Шиъро – ол Жаўза жулдызынан кейин шығатуғын жулдыз болып, араблардың Хузоа қәўими оны муқаддес билип, сыйынған.

[4] 62-аят. Сәжде аяты.