1. Ҳаа. Мийм.
2. (Бул Қуран) Меҳрибан ҳәм Рейимли (Аллаҳ) тәрепинен нәзил етилген.
3. Ол – билетуғын қәўим ушын арабша Қуран ҳалында (нәзил етилип), аятлары толық баян етилген Китап.
4. (Ол –) хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши. Енди (кәпирлердиң) көпшилиги оннан жүз бурды. Демек, олар «еситпейди».
5. Олар: «Кеўиллеримиз сен бизлерди шақырып атырған нәрседен тосылған, қулақларымызда аўырлық (гереңлик) бар ҳәм сениң менен бизлердиң арамызда (бир) перде бар. Енди сен (өз) әмелиңди қыла бер, бизлер де, әлбетте, өз әмелимизди қылыўшымыз», – деди.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға) айт: «Әлбетте, мен де тек сизлерге уқсаған адамман. Маған «Әлбетте, илаҳыңыз – жалғыз Аллаҳ», деп ўаҳий қылынып атыр. Енди Оның Өзине ғана туўры (ибадатта) болың ҳәм Оннан мағфират сораң! Мушриклерге ўайл болсын!»
7. (Олар –) зәкат бермейтуғын ҳәм өзлери ақыретке күпир келтириўши кимселер.
8. Әлбетте, ийман келтирип, ийгиликли ислерди ислегенлерге (ақыретте) таўсылмас сыйлықлар бар.
9. Сен айт: «Сизлер ҳақыйқатында да, Жерди еки күнде жаратқан (Аллаҳ)ға күпир келтирип, басқаларды Оған теңлестирип атырсыз ба?! Әне сол – бәрше әлемлердиң Рәббиси!
10. Ол (Аллаҳ) оның (Жердиң) үстинде таўларды (пайда) қылды, оны берекетли қылды ҳәм оның ырысқысын төрт күнде өлшемли етип белгиледи. (Бул Жер ҳәм аспан ҳаққында) сораўшыларға тийисли»[2].
11. Соң түтин ҳалында болған аспанға жүзленип (оны жаратыўды қарар етип), кейин оған ҳәм Жерге: «(Пәрманыма) екеўиңиз ықтыярлы ямаса мәжбүрий ҳалыңызда келиң!» – деди. Екеўи: «Ықтыяр қылған ҳалымызда келдик», – деди.
12. Кейин, еки күнде жети аспанды қурды[3] ҳәм ҳәр бир аспанға (оған буйырған) исин (ўазыйпасын) ўаҳий қылды. Биз (Жерге жақын) дүнья аспанын шыралар (жулдызлар) менен зийнетледик ҳәм (оны ҳәр түрли апатлардан) сақладық. Бул – Қүдиретли, Илимлиниң өлшеми.
13. Енди, егер олар (Мәккә мушриклери) жүз бурса, онда сен: «Мен сизлерди «Ад» ҳәм «Самуд» (қәўимлерин урған) шақмағына уқсас шақмақ (апат)тан ескертемен», – деп айт.
14. Сонда Пайғамбарлар олардың алдынан да, артынан да келип: «Тек Аллаҳға ғана ибадат қылың!» (– дегенде), олар: «Егер Рәббимиз (пайғамбар жибериўди) қәлесе, әлбетте, периштелерди түсирер еди. Әлбетте, (сизлер адамзат екенсиз) сизлер елши қылып жиберилген нәрсе (дин)ге күпир келтиргенбиз (исенбеймиз)», – деди.
15. Енди «Ад» (қәўими) Жер бетинде наҳақтан тәкаббырлық қылып: «Күш-қуўатта ким бизлерден зор?!» – деди. Олар өзлерин жаратқан Аллаҳ күш-қуўатта олардан зор екенин билмейтуғын ба еди?! Олар Бизиң аятларымызды инкәр ететуғын еди.
16. Кейин, Биз буны оларға дүнья өмириниң хорлық азабын татыўы ушын үстилерине «наҳс» күнлери[4] қатты боранды жибердик. Әлбетте, ақырет азабы хор қылыўшырақ ҳәм оларға жәрдем де берилмейди.
17. Ал, Самуд (қәўимин) сонда, Биз оларды ҳидаят қылдық. Ал, олар ҳидаяттан көре соқырлықты (адасыўды) абзал көрди. Кейин кәсип қылған нәрселери себепли оларды хор қылыўшы азап шақмағы урды.
18. Ийман келтиргенлер ҳәм тақўалыларды қутқардық.
19. Аллаҳтың душпанлары (ширк ҳәм күпир әҳли) дозаққа (айдалыў ушын) топланып, дизип қойылатуғын Күнди (қыяметти еслең)!
20. Ҳәтте олар (кәпирлер) оған (дозаққа) жетип келгенде, олардың қулақлары, көзлери ҳәм терилери олар ислеп өткен нәрсе (ис)лери ҳаққында өзлерине қарсы гүўалық береди.
21. Олар тери (дене)лерине: «Неге өзимизге қарсы гүўалық бердиңиз?» – дегенде (терилери): «Бәрше нәрсени сөйлеткен Аллаҳ бизлерди де сөйлетти[5]. Сизлерди әўел баста Ол жаратты ҳәм Оған ғана қайтарыласыз», – деди.
22. Сизлер (дүнья өмиринде гүна ислерди) өзлериңизге қарсы қулақларыңыз, көзлериңиз ҳәм терилериңиз гүўа болыўынан жасырынбайтуғын едиңиз. Бирақ, Аллаҳ ислеп атырған әмеллериңиздиң көпшилигин билмейди, деп ойлар едиңиз.
23. Рәббиңиз ҳаққындағы қылған усы гүманыңыз сизлерди жоқ етти. Енди сизлер зыян көриўшилерге айланып қалдыңыз.
24. Енди егер олар (азапқа) шыдаса, онда дозақ – оларға орын. Егер артқа қайтыўды талап қылса, енди олар қайтарылыўшы емес.
25. Биз оларға (жолдан адастыратуғын) «дослар» таярладық. Кейин солар («дослары») оларға алдындағы ҳәм артындағы нәрселерди (гүналарды) зийнетлеп көрсетти ҳәм оларға да, өзлеринен алдын өткен (набыт болған) жин ҳәм инсаннан болған үмметлер қатары (азап ҳаққындағы) сөз ҳақ болды. Әлбетте, олар зыян көриўши болды.
26. Күпир келтиргенлер (бир-бирине: «Муҳаммад тиләўат қылып атырған ўақытта) сизлер бул Қуранға қулақ салмаң, (оған кесент бериў ушын) бақыра бериң! (Сонда) қәнекей, утысқа ериссеңиз», – деди.
27. Енди, әлбетте, Биз (сол) күпир келтиргенлерге қатты азапты таттырамыз ҳәм әлбетте, оларға ислеп жүрген әмеллери ушын (ақыретте) ең жаман жаза менен жазалаймыз.
28. Бул (азап) – Аллаҳтың душпанларының жазасы болған дозақ. Олар ушын аятларымызды бийкарлаўшы болғаны себепли сол жерде мәңги қалыў бар.
29. Күпир келтиргенлер: «Я Рәббимиз, бизлерди (туўры жолдан) адастырған жин ҳәм инсаннан болған еки адамды бизлерге көрсет[6], оларды аяқ асты қылайық, ҳәттеки олар (дозақтың түбиндеги) ең пәслерден (хорлардан) болсын!» – деди.
30. Әлбетте: «Рәббимиз – Аллаҳ», – деп, соң туўры болғанлардың[7] үстине (қасына өлим ўақтында) периштелер түсип: «Қорықпаң, қапа да болмаң! Сизлерге ўәде етилген жәннет хош хабары менен қуўаның! (– дейди.)
31. Бизлер дүнья өмиринде де, ақыретте де сизлердиң досларыңызбыз. Сизлер ушын ол жерде (жәннетте) кеўлиңиз тилеген нәрселер ҳәм сизлер ушын ол жерде қәлеген нәрсеңиз бар[8].
32. (Бул –) Кеширимли ҳәм Рейимли (Аллаҳ тәрепинен) болған зыяпат».
33. Аллаҳға (жолына) шақырған, ийгиликли ислерди ислеп, «Әлбетте, мен – мусылманларданман!» – деген адамнан да көре ким шырайлы сөйлеўши?!
34. Жақсылық пенен жаманлық тең болмас. Сен (жаманлықты) гөззаллырақ (мәмиле) менен қайтар. (Сондай қылсаң) кейин бирден сениң менен арасында душпаншылық бар адам тап қайнаған (қалың) достай болып қалады.
35. Оған тек сабыр еткенлер ғана ереди. Оған тек уллы несийбе ийеси болғанлар ғана ереди.
36. Егер сени шайтан ўасўасасынан бир ўасўаса усласа, Аллаҳтан пана сора. Әлбетте, Ол – Еситиўши, Илимли.
37. Түн ҳәм күн, Қуяш ҳәм Ай – Оның белгилеринен. Солай екен, егер сизлер Оған (Аллаҳға) ғана ибадат қылыўды қәлесеңиз, Қуяшқа да, Айға да сәжде қылмаң, (ал) оларды жаратқан Аллаҳға сәжде қылың!*
38. Енди, егер олар (сәжде қылыўдан) тәкаббырлық қылса, онда (билип қойсын) Рәббиңиздиң алдындағылар (периштелер) Оған азанлы-кеш тасбиҳ айтады. Олар (бул ибадатлардан) жалықпайды*[9].
39. Және оның белгилеринен (бири) – Жерди хор (қурғақ) ҳалында көриўиңиз. Енди (қашан) Биз оның үстине суў түсирсек, ол (өсимлик) қыймылдайды ҳәм өседи. Оны тирилткен, әлбетте, өлилерди де тирилтиўши. Әлбетте, Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.
40. Әлбетте, аятларымызда (тәфсиринде) ҳақтан бурылатуғынлар Бизге жасырын болып қалмайды. Дозаққа тасланатуғын адам жақсы ма ямаса қыямет күни (Аллаҳтың азабынан) аман ҳалда келетуғын адам ба?! Нени қәлесеңиз, қыла бериң! Әлбетте, Ол – қылып атырған нәрселериңизди көрип турыўшы.
41. Әлбетте, өзлерине Зикир (Қуран) келгенде оған күпир келтиргенлер (азапқа жолығады). Әлбетте, ол – қүдиретли Китап.
42. Оған (Қуранға) алдынан да, артынан да (ҳеш қандай) қәте (наҳақлық) келмейди. Ол Ҳикметли, Мақталған (Аллаҳ) тәрепинен нәзил етилген.
43. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған да, тек сеннен алдынғы пайғамбарларға (кәпирлер тәрепинен) айтылған сөзлер ғана айтылады. Әлбетте, Рәббиң – кеширим ийеси ҳәм аўыртыўшы азап(тың да) ийеси.
44. Егер Биз оны (Қуранды) ажам тилиндеги (араб тилинде болмаған) Қуран қылғанымызда, әлбетте, олар: «Оның аятлары (өз тилимизде) толық баян етилгенде еди. (Муҳаммад) араб ғой, арабқа ажам тилинде (Қуран түсип пе)?!» – деп айтар еди[10]. Сен: «Ол (Қуран) – ийман келтиргенлер ушын ҳидаят ҳәм шыпа» – деп айт. Ийман келтирмейтуғынлардың қулақларында аўырлық (гереңлик) бар. Ол (Қуран), оларға соқырлық (қараңғылық болады). Олар узақ жерден шақырылып атырған адамлар (киби герең)[11].
45. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға китапты бердик. Кейин ол ҳаққында (Таўрат ҳаққында) тартысылды. Егер Рәббиң тәрепинен алдын (жаза қыямет күни болыўы ҳаққында) сөз өтпегенде, әлбетте, олардың арасында ҳүким шығарылар еди. Әлбетте, олар Ол (Қуран) ҳаққында шубҳа - гүманда.
46. Ким ийгиликли ис қылса, өзи ушын. Ким жаманлық қылса да өзине зыян. Рәббиң бенделерге зулым қылыўшы емес.
47. Қыяметтиң илими Оның Өзине ғана қайтарылады. Ҳәмме мийўелердиң өз қабықларынан шығыўы да, ҳәр бир ҳаялдың ҳәмилели болыўы да, нени туўыўы да тек Оның илими менен ғана болады[12]. Ол оларға (мушриклерге): «Мениң шериклерим қәне?!» – деп нида қылатуғын Күни (қыяметте), олар: «Бизлердиң арамызда буған («Сениң шеригиң бар екенлигине») гүўалық бериўши ҳеш ким жоқ, деп билдиремиз», – дейди.
48. Өзлери алдын дуўа (ибадат) қылып жүрген нәрселери (бутлары) ғайып болды (көзден жоғалды). Олар (қыямет күни) өзлерине қашатуғын жер жоқлығына (сол Күни) исенди.
49. Инсан (өзи ушын) жақсылық тилеўден жалықпайды. Егер оған жаманлық жетип қалса, (ол) бирден үмитсиз ҳәм қапалықта (болады).
50. Егер оған бир зыян жеткеннен кейин Биз Өзимизден мийримди таттырсақ, әлбетте, ол: «Бул тек өзимнен. Мен қыямет болыўына исенбеймен. Егер (ҳақыйқатында да, қыямет болып) Рәббиме қайтарылсам, әлбетте, мен ушын Оның алдында да жақсылық (жәннет) бар», – деп айтады. Солай екен, әлбетте, күпир келтиргенлерге ислеген әмеллериниң хабарын беремиз ҳәм әлбетте, оларға аўыр азаптан таттырамыз.
51. Қашан инсанға неъмат берсек, ол (Бизден) жүз бурады ҳәм өзи тәрепке кетеди. Қашан оны жаманлық усласа (жетсе), енди ол узын-узын дуўалар ийеси (болып қалады).
52. (Ҳәй Муҳаммад! Мушриклерге): «Маған хабар бериң, егер ол (Қуран) Аллаҳтың алдынан (келген) болса, сизлер оған күпир келтирип жүрген болсаңыз, хош, (онда) ким (сизлердей) терең тартысыўда болғанлардан да бетер адасқан болады?!» – деп айт.
53. Оларға Оның (Қуранның) ҳақ екени анық мәлим болғанша, әлбетте, Биз оларға әтираптағы ҳәм өзлериндеги белгилеримизди көрсетемиз. (Оларға) сениң Рәббиң ҳәмме нәрсеге гүўа екени жетерли емес пе?!
54. Есиңизде болсын! Әлбетте, олар Рәббисине жолығыўдан шубҳада. Есиңизде болсын! Әлбетте, Ол – бәрше нәрсени қамтып алыўшы!
[1] 41. ФУССИЛАТ СҮРЕСИ
«Фуссилат» сөзи сүрениң 3-аятынан алынған болып, толық баян етилди, деген мәнини аңлатады.
Сүреде дүнья өмириниң пәнийлиги, ақыреттеги мәңги өмир ушын ийгиликли әмеллер қылыў менен оған таярлық көриўдиң әҳмийетлилиги, инсанның ағзалары қылған қылмысларын сөйлеп берип, гүўалық бериўи киби еслетпе ҳәм нәсиятлар бар.
[2] 10-аят. Ҳәдис бойынша, Аллаҳ таала Жерди екшемби ҳәм дүйшемби күнлери жаратқан. Таўларды сийшемби күни, тереклер, суў, абат ҳәм қарабақана жерлерди сәршемби күни жаратқан. Усы менен төрт күн өткен. Пийшемби күни аспанларды, ал жума күни жулдызлар, Қуяш, Ай, периштелер ҳәм күнниң ақырында Адам (а.с.)ды жаратқан. Ол шаршамаған, дем алмаған (Мд.).
[3] 12-аят. Усы төрт аяттың мазмуны бойынша, Жер биринши, аспанлар екинши нәўбетте жаратылғаны белгили болады. Ҳақыйқатында да сондай. Бирақ, «Назиат» сүресиниң 30-аятында мисли аспанларды жаратқаннан кейин Жерди жаратқандай мәни шығады. Негизинде ондай емес, ал Жерди ҳәм ондағы нәрселерди биринши нәўбетте төрт күнде жаратқан, бирақ жайып, тегислеп белгили бир көриниске келтирмеген. Пийшемби ҳәм жума күнлери аспанлар, Қуяш, Ай, периштелер ҳәм Адамды жаратып болғаннан кейин, Жерди түйе қустың мәйеги көринисинде жайып, тегислеп қойған (Тб. Мд. ИК).
[4] 16-аят. Наҳс күнлер – Шаўўал айы ақырының сәршемби күнинен келеси сәршемби күнине шекем. Усы бир ҳәпте даўамында боран болған. Яғный, жети түн ҳәм сегиз күн ишинде қәўим набыт етилген.
[5] 21-аят. Ибн Аббастың (рз.) сөзи бойынша, қыямет күни дозақ әҳлине ҳүким қылынғаннан кейин, өзлериниң дүньяда ислеген бәрше күпир ҳәм гүна ислеринен ант пенен танып, мойынларына алмайды екен. Сонда Аллаҳ таала олардың аўызларын таңбалап қойып, денесиниң бәрше ағзаларына сөйлеў қәбилетин берип, олардың гүўалығы менен жаза анық болады екен (ИК).
[6] 29-аят. Жолдан адастырған еки кимсе – иблис пенен өз үкесин өлтирген Қабыл, деп тәфсир қылынған. Әлийден (рз.) рәўият қылыныўы бойынша, иблис адамларды ширк келтириўге буйырса, Қабыл өлтириўдей аўыр гүналарды қылыўға буйырады. Ҳәдисте: «Ким наҳақ өлтирилген болса, оның қунынан бир үлеси өлтириўди баслап берген Қабылға жазылады», делинген (ИК).
[7] 30-аят. «Туўры болғанлар» қандай адамлар екени туўралы ҳәр қыйлы пикирлер айтылған. Мәселен, Әбиў Бәкир (рз.): «Сөзи менен иси бир болған адамлар», – десе, Умар (рз.): «Еки жүзлилик қылмайтуғынлар», – деген. Усман (рз.): «Әмелди ықлас пенен қылыўшылар», – десе, Әлий (рз.): «Парыз әмеллерди орынлап жүриўшилер», – деген. Әбиў Бәкир (рз.) айырым саҳабалардан: «Бул «туўры болыў» (арабшасы «истиқомат») не?» – деп сорағанында олар: «Гүна қылмаў», – деп жуўап берген. Сонда ол: «Жүдә қыйын иске айландырып жибердиңиз. Ондай емес, ал ийман келтиргеннен кейин қайта бут ҳәм сәнемлерге ибадат қылып ширкке қайтпаў», – деп жуўап берген екен (Мд. Тб.).
[8] 31-аят. Усы аятты заманласымыз болған мысырлы муфассир алым Шайх Муҳаммад Мутаўўалий Шаъроўий (1997-жылы қайтыс болған) былай тәфсир қылған еди: «Заманагөй илим жетискенликлери ең шыңына шыққанда да кеўил тилеген нәрсени арнаўлы түйме таўып баспағанша таяр қыла алмайды. Ал, жәннетте кеўилге келтирилсе болды, ол таяр болады. Үскенеге зәрүрлик жоқ».
[9] 37–38-аятлар. Екеўи бирге сәжде аяты есапланады (ЖР).
[10] 44-аят. Аяттан Қуран араб тилинде де, араб емес тиллерде де нәзил болыўы мүмкин екенин нәзерде тутып, Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) намазда парсы тилинде қирәәт қылыў мүмкин, деп пәтўа бергени ҳаққында рәўият бар (Мд.).
[11] * Бул мысал «Бақара» сүресиниң 171-аятындағы кәпирлерге келтирилген мысал менен үнлес келеди. Суддий (рҳ.) айтады: «Умардан (рз.) бир киси мәселе сорап отырғанында, бирден ол: «Ләббәй!», – деп жиберипти. Умар оннан себебин сорағанда ол: «Теңиздиң арғы жағасынан бир киси мени шақырды», – депти. Сонда Умар (рз.) усы аяттан мысал келтирип: «Олар узақ бир жерден шақырылып атырған адамлар есапланады», –деп қойған екен (ИК).
[12] 47-аят. Усы аяттан Аллаҳ тааланың шексиз илим ийеси екени, ҳәр бир киши ҳәм үлкен жаратылыстың маңызы, сыры, пайда болыўы ҳәм раўажланыўы, ҳәтте, ана қарнындағы ҳәмилениң реңинен тартып, пишини, шырайлы яки шырайлы емеслиги, өмири, ырысқы ҳәм басқа сыпатларын толық билип туратуғыны белгили болады (Мд.).
Солай екен, мөмин адам менен жақынлары арасында қандай да бир машқала туўылып қалса, артықша тәшўиш шегип, өзин отқа-шоққа урмай, Аллаҳтың өзине тәўекел қылып, Өзинен ғана мәдет сорап турыўы мақсетке муўапық болады.