1. (Ҳәй Муҳаммад!) Қашан Аллаҳтың жәрдеми ҳәм жеңис[2] келгенде,
2. адамлар топарласып, Аллаҳтың динине кирип атырғанын көргениңде,
3. сонда Рәббиңе ҳамд пенен тасбиҳ айт ҳәм Оннан мағфират сора! Әлбетте, Ол – тәўбелерди қабыл етиўши.
[1] 110. НАСР СҮРЕСИ
«Наср» – жәрдем, жеңис.
Сүреде ислам дини раўажланып, адамлар топарласып, оған кирип атырғаны Аллаҳтың уллы неъматларынан екени, буның ушын Аллаҳға шүкирлик сыпатында ҳамд, тасбиҳ ҳәм истиғфар айтыў зәрүрлиги баян етиледи.
[2] 1-аят. Бул аят пенен Аллаҳ Өз елшисине жақында Мәккә әҳлиниң ҳәммеси топарласып исламға киретуғыны ҳаққында хабар берген.