1. Ҳақыйқатында да, инсанға (ол) еске алынатуғын нәрсе болмаған ўақыт (мүддет) өтти[2].
2. Әлбетте, Биз инсанды сынап, (аталық ҳәм аналық суўларынан) аралас бир нутфадан жараттық. Кейин, оны еситетуғын ҳәм көретуғын еттик.
3. Әлбетте, Биз оны (инсанды) шүкир етиўши (мусылман) болса да, күпир келтириўши (кәпир) болса да, жолға жолладық.
4. Әлбетте, Биз кәпирлер ушын шынжырлар, кисенлер ҳәм жалынды (дозақты) таярлап қойыппыз.
5. Әлбетте, жақсылар (мөминлер жәннетте) қурамы[3] кафуўр (өсимлигиндей хош ийисли) болған кеселерден (мәй) ишеди.
6. Аллаҳтың бенделери (жәннетте) ишетуғын (бул) булақты (өзлери қәлеген жерден) шығарып (ағызып) алады.
7. Олар (ҳәзирги ўақытта өз мойнына алған) нәзрлерге опа етеди ҳәм жаманлығы (қорқынышы) кең жайылыўшы Күннен қорқады.
8. Өзлери аўқатты жақсы көрип турса да, (өзлери жеместен) оны мискин, жетим ҳәм қулларға жегизеди.
9. (Олар айтады): «Әлбетте, бизлер сизлерди тек Аллаҳтың «жүзи» (разылығы) ушын аўқатландырамыз. Сизлерден (бул ис ушын) сыйлық ямаса миннетдаршылық қәлемеймиз[4].
10. Әлбетте, бизлер Рәббимиз тәрепинен болатуғын (азаптан жүзлер) тырысып, бүрисип қалыўшы бир Күннен (қыяметтен) қорқамыз».
11. Енди Аллаҳ оларды сол Күнниң жаманлығынан сақлады ҳәм оларға (олардың жүзлерине) жарқынлық ҳәм де (кеўиллерине) қуўаныш берди.
12. Және сабыр еткенлери себепли олардың сыйлықлары – жәннет ҳәм (үстилерине) жипек (кийим)лер.
13. Олар ол жерде сыпаларға жамбаслап отырады. Ол жерде қуяшты(ң ыссылығын) да, қатты суўықты да көрмейди.
14. (Жәннеттиң) саялары оларға жақын ҳәм мийўелери де (үзиўге аңсат болыўы ушын) ийип қойылған болады.
15. Оларға гүмис ыдыслар(да аўқатлар) ҳәм (өзи гүмис болса да, тынықлықта) шийшедей болған кеселер(де мәй) айландырылады.
16. Шийшелер гүмистен (исленген), (оларды қуйыўшылар) өлшеп қойған.
17. (Жәннет әҳлине) ол жерде қурамы занжабийл болған кеседен (мәй) ишкизиледи.
18. Ол жердеги булақ «Салсабийл» деп аталады[5].
19. Олардың үстинде мәңги жас балалар (хызмет етип) айланып турады, егер оларды көрсең, шашылған дүрлер, деп ойлайсаң.
20. Егер ол жерге қарасаң, неъматты ҳәм үлкен патшалықты көресең.
21. Олардың үстинде жасыл жипек ҳәм шайы кийимлер болып, олар гүмис билезиклер менен безенген болады ҳәм Рәббиси оларды пәк суў менен суўғарады.
22. Әлбетте, бул – сизлерге сыйлық. Сизлердиң ҳәрекетлериңиз (Аллаҳ алдында) қабыл етилген.
23. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз саған бул Қуранды бөлип-бөлип нәзил еттик.
24. Енди сен Рәббиңниң ҳүкимине сабыр ет ҳәм олардан (кәпирлерден) бир де гүнакар ямаса нашүкирге бойсынба!
25. Күни-түни Рәббиңниң атын зикир ет!
26. Және түн(ниң бир бөлегин)де де Оған сәжде қыл ҳәм узын түнде Оған тасбиҳ те айт!
27. Әлбетте, солар (кәпирлер) нақты (дүньяны) жақсы көреди ҳәм аўыр Күнди (қыяметти) артқа таслап қояды.
28. Биз оларды жараттық ҳәм (ҳәмме) ағзаларын беккем еттик. Егер қәлесек (оларды жоқ етип), оларға уқсас (басқа адам)ларға алмастырып қоямыз.
29. Әлбетте, бул (сүре) – бир еслетпе. Енди ким қәлесе (оны қабыл етип), Рәббиси тәрепке жолға шығады.
30. (Ҳәй адамлар!) Сизлер қәлеген нәрсе тек Аллаҳ қәлесе ғана болады. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
31. Ол қәлегенин Өзи мийримине (жәннетине) киргизеди. Ал, залымлар ушын аўыртыўшы азапты таярлап қойыпты.
[1] 76. ИНСАН СҮРЕСИ
Сүреде Аллаҳ таала адамзатты жоқтан бар қылғаны, соң еки қарама-қарсы бағдарға раўана етип қойғаны, күпир ҳәм ийман ийелериниң ақыбетлери, Пайғамбарға (а.с.) тәселле бериўши үгитлер ҳәм басқа илаҳий көрсетпелер бар.
[2] 1-аят. Сол айтыўға арзымайтуғын ўақыт қайсы екени ҳаққында еки түрли тәфсир бар. Бириншиси – бул ўақыт Адам алайҳиссалам жаратылғаннан кейин жан киремен дегенге шекемги ўақыт. Екиншиси– инсанның ана қарнындағы ўақтынан жан киремен дегенге шекемги ўақыт.
[3] 5-аят. Қурамы, яғный тәбияты, қәсийети араластырылған нәрсе.
[4] 9-аят. Аллаҳ таала жәннет әҳлин сыпатлағанда мүтәжлерге қалыс садақа ҳәм иҳсан етип, олардан миннетдаршылық яки сыйлық күтпегенлерин де жазып қойғаны ҳәмме ушын сабақ болыўы керек. Биреўге еткен жақсылығы ҳәм затлай жәрдемин миннет еткен адам саўабын самалға суўырған болады. Аллаҳ әмеллер ишинде тек өзиниң разылығы ушын қалыс етилген әмелди қабыл етеди.
[5] 18-аят. «Салсабийл» – суўы өтимли, татымлы болған булақ.