1. (Адамлардың сыртынан) ғыйбат қылыўшы, (алдында) мазақ қылыўшылардың ҳәр бирине ўайл болсын!
2. Ол мал-дүньяны жәмлеп, оны қайта-қайта санайды
3. ҳәм мал-дүньясы (байлығы) оны мәңги қалдырады, деп ойлайды.
4. Яқ! Әлбетте, ол «Ҳутома»ға тасланады.
5. (Ҳәй инсан!) «Ҳутома»ның не екенин саған не билдирди?!
6. (Ол) Аллаҳтың жағып қойылған жалыны болып,
7. (ол денелерди тесип өтип,) жүреклерге шекем жетип барады.
8. Әлбетте, ол (жалын) – оларды қамтып алыўшы.
9. (Өзлери) узын сүтинлерде (шынжырланған) болады.
[1] 104. ҲУМАЗА СҮРЕСИ
«Ҳумаза» – биреўдиң артынан ым-ишара ҳәм мысқыллап, өсек етиўши шахс.
Сүреде дүньяпаразлыққа жүдә берилип кеткен, тек байлыққа сүйениўши, өзгелерди писент етпей, үстилеринен күлиўши күпирге кеткен шахслар қараланып, олардың ақырети ашынарлы екени айтылады.