1. Өзиниң бендесине (Муҳаммадқа) Китапты (Қуранды) нәзил еткен (Аллаҳ)ға ҳамд болсын! Оны (Қуранды мәнис ҳәм мазмунда) қыйсық қылмады,
2. (ал, ол –) туўры (ҳақ ҳәм рас). Өзиниң алдынан (келиўши) қатты азаптан ескертиў ушын, ийгиликли ислерди қылатуғын мөминлерге шырайлы сыйлық (жәннет) хош хабарын бериў ушын,
3. (олар –) ол жерде (жәннетте) мәңги қалыўшы,
4. Сондай-ақ, «Аллаҳ Өзине бала тутты», дегенлерди ескертиў ушын (Қуранды нәзил еткен Аллаҳға ҳамд болсын!)
5. Оларда (мушриклерде) да, ата-бабаларында да бул (перзент) ҳаққында илим жоқ. Аўзынан шығыўшы (бул) сөз қандай аўыр! Олар тек өтирик сөйлеп атыр.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) олар бул сөзге (Қуранға) ийман келтирмесе, итимал, сен олардың артынан өкиниш пенен өзиңди өлтирмекши боларсаң?!
7. Әлбетте, Биз (адамлардан) қайсысы шырайлырақ әмел қылыўын сынаў ушын Жер бетиндеги ҳәмме нәрсени оған (Жерге) зийнет етип қойдық.
8. Шубҳасыз, Биз оның (Жердиң) үстиндеги нәрсени (беземей) ҳеш нәрсе өспейтуғын топыраққа айландырып қоя аламыз.
9. Бәлким, «Каҳф» (үңгир) ҳәм «Роқийм»[2] (жазыў) ийелерин Бизиң мөжизамыздың ең әжайыбынан, деп ойлаған шығарсаң?!
10. Жигитлер үңгирге пана излеп киргенде: «Рәббимиз, бизлерге Өзиңниң алдыңнан мийирманшылық бер ҳәм исимизди Өзиң туўрыла!» – деди.
11. Сонда, Биз үңгирде бир неше жыл олардың «қулағына урып» (уйқылатып) қойдық.
12. Соң, (олардың ишиндеги) еки топардан қайсы бири өзиниң турған мүддетин (туўры) есаплаўын билиў (сынаў) ушын оларды ояттық.
13. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған олардың хабарының ҳақыйқатын айтып беремиз. Әлбетте, олар Рәббисине ийман келтирген жигитлер. Биз олардың ҳидаятын зыяда қылдық.
14. Биз олардың кеўиллерин (ийманларын) беккем қылдық. Сол ўақытта олар (залым патша алдында) турып айтты: «Бизиң Рәббимиз аспанлар ҳәм Жердиң Рәббиси. Бизлер Оннан басқа «илаҳ»ға сирә илтижа қылмаймыз. Кери жағдайда, қәте сөзди айтқан боламыз.
15. Ал, мына бизлердиң қәўимимиз Оннан басқаларды «илаҳ»лар қылып алды. Қәнекей өзлерине анық ҳүжжет келтире алса?! Аллаҳға өтирик тоқығаннан да залымырақ адам бар ма?!»
16. (Бир-бирлерине): «Олардан ҳәм олар ибадат қылып атырған, Аллаҳтан басқа нәрседен узақласпақшы болсаңыз, онда үңгирден пана излең. Рәббиңиз сизлерге Өзиниң мийирманшылығын кең қылады ҳәм сизлерге исиңизде жеңиллик жаратады», – деди.
17. Қуяш шыққанда үңгириниң оң тәрепинен өтип кеткенин, батқанда, шеп тәрепи бойлап узақласып кеткенин, ал олар еле оның кең қойнында екенин көресең. Бул – Аллаҳтың мөжизасынан (бири). Аллаҳ кимди ҳидаят қылса, онда ол ҳидаят табыўшы. Кимди адастырса, онда оның ушын Туўры жолға салыўшы дос табалмайсаң.
18. Олар уйқылап атырған болса да, (көзлери ашық болғаны ушын) оларды ояў, деп ойлайсаң. Биз оларды (ширип кетпеўи ушын) оң тәреп ҳәм шеп тәрепке аўдарып турамыз[3]. Ал, олардың ийти босағада алдынғы аяқларын созып жатады. Егер оларды көргениңде, қорыққаныңнан артыңа қарап қашқан болар едиң.
19. Бир-биринен сораўы ушын оларды усылайынша ояттық. Олардың биреўи: «(Бул жерде) қанша (ўақыт) турдыңыз?» – деди. Олар(дың айырымлары): «Бир күн ямаса күнниң бир бөлими», – деди. (Қалғаны): «Қанша (уйқылап) турғаныңызды Рәббиңиз жақсы биледи, енди мына пул менен биреўиңизди қалаға жибериң, ол ең пәк тағамларды қарап, сизлерге оннан азық алып келсин. Дыққатлы болсын, сизлерди биреўге сездирип қоймасын», – деди[4].
20. «Себеби, егер олар (қала халқы) сизлерди сезип қалса, сизлерди тас боран қылады ямаса өзлериниң (бузық) динине қайтарады. Ондай жағдайда, улыўма қутыла алмайсыз», – деди.
21. Усылайынша, Аллаҳтың (қайта тирилтиўи ҳаққындағы) ўәдеси ҳақ екенин ҳәм қыяметтиң (келиўи) шубҳасыз екенин билиўи ушын (адамларды үңгир жигитлеринен) хабардар қылдық. Сол ўақытта (қайтыс болғанда), өз ара олардың иси ҳаққында тартыса баслады (айырымлар): «Олардың үстине үйлер қурың! Рәббиси оларды жақсы билиўши», – деди. Олардың ислерине үстем болғанлар (жаңа ийманлы патша ҳәм сарай әмелдарлары): «Олардың (қәбири) үстине (үңгир аўзына жақсы нийетте), әлбетте, бир мешит қурып аламыз», – деди.
22. Еле олар (Муҳаммадқа заманлас яҳудий, насраний ҳәм мусылманлардың айырымлары сол үңгир ийелериниң санын): «(Олар) үшеў, ийти төртиншиси», – дейди, (басқасы болса): «(Олар) бесеў, ийти алтыншысы», – деп ғайыпқа тас атады (шамалап айтады). Және (басқасы): «(Олар) жетеў, ийти сегизинши» – дейди[5]. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Рәббим олардың санын жақсы билиўши. Оларды жүдә аз (адам) биледи», – деп айт. Солай екен, олар ҳаққында тек (ўаҳий тийкарында) ашық-айдын тартыс. Олар (үңгир жигитлери) ҳаққында олардың ҳеш қайсысынан сорама!
23. Бир нәрсени: «Мен, әлбетте, ертең буны қылыўшыман», – деме!
24. Тек: «Аллаҳ қәлесе», (– деп айт. Бул сөзди) умытсаң, (есиңе түскенде) Рәббиңди есле («иншааллаҳ», дең) ҳәм: «Қәнекей, Рәббим мени буннан да жақынырақ туўры жолға ҳидаят қылса», – деп айт[6].
25. (Олар) үңгиринде үш жүз жыл қалды және тоғыз (жыл)ды да зыяда қылды[7].
26. Сен: «Олардың қанша қалғанын Аллаҳ жақсы биледи. Аспанлар ҳәм Жердиң ғайыбы Оныки. Ол қандай көриўши ҳәм еситиўши! Оларға Оннан басқа дос жоқ. Ол Өзиниң ҳүкиминде ҳеш кимди шерик қылмайды», – деп айт.
27. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Рәббиңниң Китабы (Қуран)нан ўаҳий қылынған нәрсени (аятларды) тиләўат қыл! Оның сөзлерин өзгертиўши (күш) жоқ. Оннан басқа ҳеш қандай пана табалмайсаң.
28. Сен азанлы кеш Рәббисине дуўа қылып, Оның «жүз»ин қәлеўшилер менен бирге сабыр ет! Дүнья өмири зийнетин қәлеп, көзлериңди олардан шетлетпе! Кеўлин Биз зикиримизден ғапыл қылып қойған, ҳаўайы нәпсине ерген ҳәм қылатуғын иси ысырапкершилик болғанларға бойсынба!
29. Сен: «(Бул Қуран) Рәббиңизден келген ҳақыйқат. Солай екен, ким қәлесе, ийман келтирсин, ким қәлесе, күпир келтирсин», – деп айт. Әлбетте, Биз залымларға (жалыннан болған) дийўаллары оларды орап алатуғын дозақты таярлап қойыппыз. Егер олар (шөлге шыдамай) жәрдем сораса, еритилген май киби бетлерди күйдириўши суў менен «жәрдем» бериледи. Буншелли жаман ишимлик! Буншелли жаман орын!
30. Ийман келтирген ҳәм солиҳ ислерди қылғанлар (билип қойсын), әлбетте, Биз жақсы ис қылғанлардың сыйлығын зая қылмаймыз.
31. Әне соларға астынан дәрьялар ағып туратуғын мәңги жәннетлер бар болып, олар ол жерде алтын билезиклер менен безенеди ҳәм жайнап турыўшы шайы кийимлер кийип, сыпаларда сүйенип отырады. Қандай жақсы сыйлық ҳәм қандай шырайлы орын!
32. (Ҳәй Муҳаммад! Кәпирлерге) еки адамды мысал етип келтир. Олардан биреўине еки жүзим бағ бердик, ол екеўин қурма (тереклери) менен орап арасын атыз қылдық[8].
33. Сол еки бағ жемислерин толық беретуғын еди. Биз олардың арасынан дәрья ағызып қойған едик.
34. Оның мийўеси (байлығы) бар еди. Ол өзиниң шериги менен сөйлесип атырып: «Мениң байлығым сеникинен көбирек ҳәм адамларым күшлирек», – деди.
35. Ол өзине зулым қылған ҳалда бағына кирип (былай) деди: «Мен буны (байлығымды) ҳеш ўақытта да жоқ болмайды, деп ойлайман.
36. Қыямет те болмайды, деп ойлайман. Егер Рәббиме қайтарылсам (қайта тирилсем), әлбетте, буннан да жақсырақ ақыбет (бахытты) табаман».
37. Шериги оның менен сөйлесип атырып: «Сени (Адамды) топырақтан, соң бир тамшы «суў»дан жаратып, соң инсан қылып туўрылаған (Аллаҳ)ға күпир келтирдиң бе?!
38. Ал, мен: «Ол Аллаҳ – Рәббим» (– деймен) ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмайман.
39. Сен бағыңа киргениңде: «Аллаҳтың қәлегени (болады), күш-қуўат тек Аллаҳ пенен ғана (болады)», – дегениңде еди! Егер сен мени өзиңнен байлықта ҳәм бала-шағада аз деп билетуғын болсаң,
40. қәнекей, Рәббим маған сениң бағыңнан да жақсырағын берип, ал сениң бағыңа аспаннан жалын (апат) жиберип, ол тайғақ (тегис) топыраққа айланып қалса
41. яки оның суўы (жерге) сиңип кетип, сен оны таба алмай қалсаң.
42. (Ҳақыйқатында да) оның мийўеси (бағы) орап алынды (қыйратылды). Ал, өзи қаңырап қалған қарабақаналарын көрип, оларға сарпланған нәрселерди (ойлап), шаппатлаўы менен (өкинип): «Қәне еди, мен де Рәббиме ҳеш кимди шерик қылмағанымда», – деп қалады.
43. Сондай-ақ, оған Аллаҳтан басқа жәрдем бериўши топар болмады, өзи де (өзине) жәрдемши бола алмады.
44. Ол жерде (қыяметте) жәрдем тек Ҳақ – Аллаҳтан. Ол – сыйлығы жақсы ҳәм ақыбети қайырлы (Аллаҳ)[9].
45. (Ҳәй Муҳаммад! Адамларға) дүнья өмириниң мысалын келтир. (Ол) аспаннан түскен суўға уқсайды. Оның себеби менен (бәҳәрде) жердиң шөплери (бир-бирине) араласып (қалыңласып), соң, (гүзде) самал ушырып кететуғын қуўраған шөпке айланып қалды[10]. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир.
46. Мал-мүлик, бала-шаға – дүнья өмириниң зийнети. Ал, Рәббиңиздиң алдында мәңги қалыўшы ийгиликли ислер[11] саўаплырақ ҳәм арзыў қылыўға ылайықлырақ.
47. Таўларды (бултлардай) жүргизетуғын ҳәм сизлер Жерди теп-тегис (таў ҳәм бағларсыз) ҳалда көретуғын Күнди (қыяметти еслең)! (Сол Күни Биз) олардың биреўин де қалдырмай жыйнаймыз.
48. Олар сап тартқан ҳалында Рәббиңе жүзлестирилди. «Ҳақыйқатында да, сизлерди биринши мәрте қандай жаратқан болсақ сондай ҳалда (кийимсиз ҳалыңызда) Бизге келдиңиз. Бәлким, сизлерге Биз ўәде еткен Күнди (қыяметти пайда) қыла алмайды, деп ойлаған шығарсыз?!», (– делинди).
49. (Соң ҳәр бир адамның әмел) Китабы (өзлериниң қолларына) қойылды. Сонда, гүнакарлардың ондағы (жазылған) нәрселерден қорқып: «Бизлерге ўайл болсын. Бул қандай китап, (гүнаның) кишисин де, үлкенин де қалдырмай ҳәммесин есаплапты», – деп атырғанын көресең. (Олар) қылған (бәрше) ислерин таяр турғанын табады. Рәббиңиз ҳеш кимге зулым қылмайды.
50. Еслең, (ҳәй Муҳаммад!) Адамға сәжде қылың деп периштелерге айтқанымызда, олар сәжде қылды. Тек иблис (сәжде қылмады). Ол жинлерден еди. Ол Рәббисиниң буйрығынан шықты. Енди сизлер (ҳәй Адам балалары,) Мени қойып оны ҳәм оның зүрядларын дос қылып аласыз ба?! Олар сизлерге душпан ғой! Ол (иблис) залымлар ушын (Аллаҳтың орнына) буншелли жаман алмастырыў!
51. Мен оларды (иблис ҳәм оның зүрядын) аспанлар ҳәм Жерди жаратыўға да, олардың өзлерин жаратыўға да гүўа қылғаным жоқ. Сондай-ақ, Мен (Өзиме бул) жолдан адастырыўшыларды жәрдемши қылып та алғаным жоқ.
52. Ол Күни (қыяметте Аллаҳ): «Сизлер Мениң «шериклерим» деп ойлаған (бутлар)ыңызды шақырың!» – дейди. Сонда, оларды шақырғанда, олар жуўап бермеди. (Себеби) Биз олардың арасына қыйралыў орнын (дозақты) қылдық.
53. Гүнакарлар дозақты көрип, өзлериниң оған түсиўши екенин биледи (бирақ), оннан қашатуғын орын таба алмайды.
54. Ҳақыйқатында да, Биз бул Қуранда адамлар ушын көп мысалларды баян еттик. Инсан – көп тартысыўшы.
55. Адамларға ҳидаят келгенде ийман келтириўинен ҳәм Рәббисинен мағфират сораўынан тосқан нәрсе – бул тек оларға алдынғылардың жолы (апат) келиўи ямаса ашық азап келиўин (күтиўи еди)[12].
56. Биз Пайғамбарларды тек хош хабаршы ҳәм ескертиўши қылып ғана жиберемиз. Ал, күпир келтиргенлер бийҳуўда (ҳүжжетлер менен) тартысып, оның менен ҳақты жеңбекши болып, Мениң аятларымды ҳәм өзлери ескертилген нәрсени (ақырет азабын) мазақ қылады.
57. Рәббисиниң аятлары еслетилгенде, оннан жүз бурып, өзи қылған нәрселерди (гүналарды) умытқан адамнан да залымырақ адам бар ма?! Биз олар оны (кәпирлер Қуранды) аңламаўы ушын олардың қәлбине перделер ҳәм қулағына аўырлық қылып қойдық. Оларды ҳидаятқа шақырсаң да, енди олар мәңги ҳидаят таппайды.
58. Рәббиңиз кеширимли ҳәм меҳрибаншылық ийеси. Егер оларды қылған ислерине көре услағанда, азапларын тезлестирген болар еди. Бирақ, оларға ўәде етилген ўақыт (қыямет) бар болып, Оннан басқа пананы таба алмайды.
59. Сол қалаларды (оның халқын) да зулым еткенде, қыйратыў ўақытларын анық белгилеп, қыйратқанбыз.
60. Еслең, Муўса өзиниң (қасындағы) жигити (шәкирти)не: «Еки теңиз қосылатуғын жерге жетпегенимше ямаса узақ мүддет өткизбегенимше (жүриўден) тоқтамайман», – деди[13].
61. Екеўи еки (теңиз) қосылатуғын жерге жеткенде, өзлериниң балығын умытты. Кейин, ол (балық) теңиздиң қойнына жол алды.
62. Соң, екеўи ол жерден өткенде (Муўса қасындағы) жигитине: «Аўқатымызды әкел. Бул сапарымызда қатты шаршадық», – деди.
63. (Шәкирти Юўшаъ): «Мынаған қараң, (теңиздиң бойында) жар тасқа барып (дем алыў ушын) жайласқанымызда, мен балықты умытыппан. (Оны сизге) айтыўды тек шайтан есимнен шығарды. Япырмай, ол (балық) теңизге жол алыпты!» – деди.
64. (Муўса): «Сол бизлердиң қәлеген (излеген) нәрсе еди», – деди. Кейин, келген жолынан изине қайтты[14].
65. Соң, (ол жерде) бенделеримизден бир бендени (Хизр алайҳиссаламды) ушыратты. Биз оған Өзимиздиң алдымыздан мийирманшылық бердик ҳәм Өзимиз тәрептен илим үйреттик[15].
66. Муўса оған: «Саған үйретилген билимнен маған да туўры жолды үйретиўиң ушын саған ерсем бола ма?» – деди.
67. (Хизр) айтты: «Әлбетте, сен мениң менен бирге (илим қыйыншылықларына) сабыр ете алмайсаң.
68. Өзиң хабарын билмеген нәрсеге қалай сабыр етесең?!».
69. (Муўса): «Иншааллаҳ, сен мениң сабырлы екенимди көресең. Саған ҳеш бир нәрседе итаатсызлық қылмайман», – деди.
70. (Хизр): «Егер маған еретуғын болсаң, онда өзим саған айтпағанымша, меннен ҳеш нәрсе ҳаққында сорама!» – деди.
71. Кейин, екеўи жолға түсти. Кемеге мингенде, (Хизр) оны тести. (Муўса): «Буны ондағы адамларды шөктириў ушын тестиң бе?! Қолайсыз ис қылдың ғой?!» – деди.
72. (Хизр): «Мениң менен бирге (жүриўге) сениң сабырың жетпейди, демеген бе едим?!» – деди.
73. (Муўса): «Есимнен шыққаны ушын мени айыплама, бул исим себепли мени қыйнама!», – деди.
74. Кейин олар (және) жолға түсти. (Жолда) бир баланы ушыратқанында, (Хизр) оны өлтирди. (Буны көрген Муўса): «Ҳеш кимди өлтирмеген, бийгүна жанды өлтирдиң бе?! Ҳақыйқатында да (сен) жаман (гүна) ис қылдың ғой?!» – деди.
75. (Хизр): «Саған, мениң менен бирге сабыр етиўге тақатың жетпейди, демеген бе едим?!» – деди.
76. (Муўса): «Егер буннан кейин сеннен бир нәрсе сорасам, мени жолдас қылмай-ақ ғой. Ҳақыйқатында да, меннен үзирди (қабыл етиўди) шегине жеткиздиң», – деди[16].
77. Кейин (олар және) жолға түсти. Қашан бир қала халқының алдына келгенде, оның халқынан аўқат сорады. (Қала халқы) бул екеўин мийман қылыўдан бас тартты. Кейин сол жерде жығылайын деп турған бир дийўалды көргенде, (Хизр) оны тиклеп қойды. (Муўса): «Егер қәлегениңде буның ушын ҳақы алған болар едиң», – деди.
78. (Хизр) айтты: «Мине, усы – сениң менен мениң арамыздағы ажырасыў. Енди саған сабыр ете алмаған нәрселериңниң мәнисин (шолыўын) айтып беремен:
79. Кемеге келсек, ол теңизде ислейтуғын мискинлердики еди. Кейин, мен оны (кемени) айыплы қылмақшы едим. (Себеби), олардың артында бир патша болып, ол ҳәмме (жарамлы) кеме(лер)ни тартып алып атырған еди.
80. Балаға келсек, ата-анасы мөмин адамлар еди. Сонда, Биз ол екеўин (баласы) ҳәддинен асыўы ҳәм күпир менен қыйнаўынан қорықтық.
81. (Сол себепли) Рәббиси оларға оның (баланың) орнына оннан көре жақсырағын, мийримлирегин (басқа бир баланы) бериўин қәледик.
82. Енди дийўалға келсек, ол қаладағы еки жетим баланики болып, оның астында ол екеўине тийисли ғәзийне бар еди. Олардың әкеси жақсы адам еди. Сонда, Рәббиң екеўиниң ер жетип, Рәббиңниң мийирманшылығы болған ғәзийнелерди шығарып алыўын қәледи. Мен (буларды) өзимше қылғаным жоқ[17]. Усы – сен сабыр ете алмаған нәрселердиң мәниси (шолыўы)».
83. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен Зулқарнайн ҳаққында сорайды. Сен: «Сизлерге ол ҳаққындағы зикирди тиләўат қылып беремен», – деп айт.
84. Әлбетте, Биз оны (Зулқарнайнды) Жер бетинде ҳүкимдар қылдық ҳәм (қәлеген) бәрше нәрсесине (ерисиў) себебин (жолын) бердик[18].
85. Кейин, ол себепке ерди (алдын Батысқа қарап жол алды).
86. (Кетип баратырып) ҳәтте Қуяш батар жерге жеткенде, оның (Қуяштың) ылайлы (ямаса ыссы) булаққа батып атырғанын көрди ҳәм оның (булақтың) алдында бир қәўимди ушыратты. Биз: «Ҳәй Зулқарнайн! Я оларды азаплайсаң, яки оларға жақсы (мәмиледе) боласаң», – дедик.
87. Ол: «Ким зулым қылған болса, оны тез арада азаплайман. Соң, Рәббисине қайтарылғанда, Ол оннан да жаман азап пенен азаплайды.
88. Бирақ, ким ийман келтирип, ийгиликли ислер қылған болса, оларға шырайлы сыйлық бар ҳәм оған өзимиздиң исимизден аңсатын айтамыз (буйырамыз)», – деди.
89. Соң, ол және себепке ерди (Шығысқа қарап жол алды).
90. (Кетип баратырып,) ҳәтте Қуяш шығатуғын жерге барғанда, оның (Қуяштың) бир қәўим үстинен шығып атырғанын көрди. Биз олар ушын оннан (Қуяштан) тосыўшы перде қылмаған едик.
91. (Оның иси) усындай, Биз оның алдындағы илим(лер)ди қамтып алғанбыз.
92. Соң, ол (және) себепке ерди (жолға шықты).
93. (Жолда кетип баратырып,) ҳәтте еки таўдың арасына жеткенде, олар(таўлар)дың алдында гәпти түсинбейтуғын қәўимди ушыратты.
94. Олар: «Ҳәй Зулқарнайн! Әлбетте, (усы таўлардың артында) Яъжуж ҳәм Маъжуж (қәўимлери) – Жер бетинде бузғыншылық қылыўшылар. Бизлер саған бир (муғдар) ҳақы төлесек, сен бизлер ҳәм олардың арамызға тосық қурып бересең бе?» – деди.
95. (Зулқарнайн) айтты: «Рәббим маған берген (мал-дүнья ҳәм) имканиятлар (сизлер беретуғын нәрседен) жақсырақ. Енди сизлер маған күш-қуўат пенен жәрдем бериң, мен сизлер ҳәм олардың (Яъжуж ҳәм Маъжуж) араңызға тосық қурып беремен.
96. Маған темир бөлеклерин әкелиң». Таўдың еки тәрепи (темир бөлеклери менен толып) теңлескенде, (отқа) «дем урың!» – деди. (Темирди) жалынға айландырғанда (ериткенде), «Маған еритилген мысты алып келиң, оның (темир бөлеклериниң) үстинен қуяман», – деди.
97. Енди олар (Яъжуж ҳәм Маъжужлар) оннан (тосықтан) шыға алмайды, оны тесип те өте алмайды.
98. Ол: «Бул – Рәббимниң мийирманшылығынан. Қашан Рәббимниң (Яъжуж ҳәм Маъжуж шығады, деген) ўәдеси келсе (қыяметтен алдын), Өзи оны (тосықты) теп-тегис қылады. Рәббимниң ўәдеси – ҳақ», – деди.
99. Ол Күни (қыяметте, адамларды) бир-бирине араластырып тасладық ҳәм суўр шалынды. Кейин, олардың ҳәммесин жыйнадық.
100. Сол Күни кәпирлерге жәҳәннемди көрсеттик.
101. Олардың көзлери (дүньяда) Мениң зикиримнен тосылған болып, олар (нәсиятларымды) есите алмайтуғын еди.
102. Ямаса күпир келтиргенлер Мени қойып бенделеримди дос қылып алыўды ойлай ма?! Әлбетте, Биз жәҳәннемди кәпирлерге түсетуғын орын қылып таярлағанбыз.
103. (Ҳәй Муҳаммад!) айт: «Сизлерге ислеринен ең көп зыян көретуғынларды айтайын ба?
104. Олар (ислеп атырған) ҳәрекетлери бул дүнья өмиринде-ақ жоқ болып кеткен, (бирақ) өзлерин, шырайлы ис қылып атырғанлар, деп есаплайды».
105. Әне солар – Рәббиси аятларына ҳәм Оның менен ушырасыўға күпир келтиргенлер. Енди олардың қылған ислери жоқ (бийҳуўда) болды. Қыямет күни оларға (әмеллери ушын) ҳеш қандай аўырлықты бермеймиз.
106. Сондай-ақ, күпир келтиргенлери аятларымды ҳәм пайғамбарларымды масқара қылғаны себепли олардың жазасы – жәҳәннем!
107. Әлбетте, ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди қылғанларға Фирдаўс жәннети мәнзил болады.
108. (Олар) ол жерде мәңги қалады ҳәм ол жерден (басқа жерге) көшиўди қәлемейди.
109. Сен: «Егер теңиз (суўы) Рәббимниң сөзлери (илим ҳәм ҳикметлерин жазыў) ушын сыя болып, оған және сол қурақымды жәрдемге әкелсек те, Рәббимниң сөзлери таўсылыўынан алдын теңиз таўсылып қалады», – деп айт.
110. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Мен де сизлердей адамман. Илаҳыңыз (тек) бир илаҳ екени маған ўаҳий қылынды. Солай екен, ким Рәббисине ушырасыўды үмит қылса, онда жақсы ислер қылсын ҳәм Рәббисине ибадат қылыўда ҳеш кимди (Оған) шерик қылмасын!» – деп айт.
[1] 18. КАҲФ СҮРЕСИ
Каҳф – үңгир. Сүреде әжайып бир тарийхый ўақыя, «Асҳабы каҳф» («үңгир адамлары») ўақыясы баян етилген. Онда таўҳид, ийман жолында залым шаҳ зулымынан қашып, бир үңгирге жасырынған жигитлер ҳəм Муўса менен Хизр (а.с.), Зулқарнайн қыссалары өз сәўлелениўин тапқан.
Ҳəдисте бул сүрениң басы ҳəм ақырынан 10 аяттан оқыў Тәжжалдан қорғаныў есапланады, делинген (ИК).
[2] 9-аят. Атақлы тарийхшы ҳəм сийраттаныўшы алым Муҳаммад ибн Исҳақтың (80–150-ҳ.ж) жазыўына қарағанда, Ийсадан (а.с.) кейин насраний дининиң тийкарғы ҳəм ҳақыйқый мағлыўматына əмел қылатуғын диндарлар кемейип, жалған динлерге исениўшилер көбейип барған. Рум мүлкиниң қайсары (шаҳы) Дақянус усындай бутпаразлыққа ықлас қойған, насраний дининдегилерге зулым өткерген ҳүкимдар еди. Ол бут ҳəм сәнемлерге сыйыныўдан бас тартқан, таўҳид динине əмел қылыўшы руўханыйларды қуўдалап, қолға түскенлерин ғалаба өлтиретуғын еди. Оның зулымынан қутылыў ҳəм таўҳидке тийкарланған сап насраний динин сақлап қалыў мақсетинде Аллаҳтың разылығын тилеп, журтын тəрк еткен ҳəм оларды қорықлап барыўшы бир ийти менен таўдағы бир үңгирге қашып барып жасырынған бир топар жас жигитлер тарийхта «Асҳаби Каҳф» («Үңгир адамлары») яки «Асҳаби рақим» («Жазыў ийелери») деген атлар менен белгили болған. «Жазыў» – бул жигитлердиң үңгир аўзындағы қақпақ үстине жазып қойылған исимлери есапланады (Хз.).
[3] 18-аят. Бир жылда олардың денеси жерге сиңип кетпеўи ушын бир яки еки мəрте айландырып турылады екен. Оларға шерик болған ийттиң аты Қитмир яки Райян яки Саҳбан болғанында тартыс бар. Ийт те асҳаблар менен жəннетке кириўи рəўият қылынады. Муаўия (рз.) Румға урысқа барғанда «Асҳаби каҳф» үңгириниң аўызына да барған. Үңгир ишине кирмекши болғанында Ибн Аббас (рз.) оған: «Сеннен жақсырақ адамға (Муҳаммадқа) да оларды көрсең қорқып қашып кетер едиң, делинген еди», – деп разылық бермейди. Сонда Муаўия (рз.) бир топар адамларды үңгирге кирип шығыўға буйырады. Олар үңгирге қəдем қойыўы менен бир жалынлы самал келип, оларды күйдирип жиберген (Мд. Хз.).
Үңгирде уйқылап жатқан жигитлердиң денелери ширип кетпеўи ушын Аллаҳ таала олардың көзлерин ашық ҳалда қалдырған (ИК).
[4] 19-аят. Буннан бир əсир алдын Ҳиндстанда басып шығарылған ҳəм қарыйларымыздың қолында ҳəзирге шекем «Қарый Қуран» аты менен пайдаланылып киятырған Қуран нусқаларында усы аяттағы «ўаляталаттоф» кəлиймасы Қураны кəриймниң қақ ортасы сыпатында белгиленген.
[5] 22-аят. «Үңгир жигитлери»ниң исимлери туўралы түрли рəўиятлар бар. Мадарик тәфсиринде Әлий ибн Әбиў Талибтиң (рз.) айтыўынша, олардың исимлери – Ямлихо, Макшалина, Машлина, Марнуш, Дабарнуш, Шазнуш, Кашфиттанус (Мд.).
[6] 23–24-аятлар. Бул еки аят нәзил болыўының себеби рəўиятларға қарағанда, бир топар яҳудий диндарлары келип, Муҳаммадтан (а.с.) имтиҳан ушын «Руўх, Үңгир ўақыясы ҳəм Зулқарнайн» ҳаққында сораған. Ол: «Жуўабын сизлерге ертең айтаман», – деген, бирақ «Иншааллаҳ» демегени ушын Аллаҳ таала оған ўаҳий келиўин бир неше күн тоқтатып қойған. Сораўларға кеширек, ўаҳий түскеннен кейин жуўап қайтарған.
[7] 25-аят. Яғный, қуяш (шамсий) жыл есабы менен толық 300 жыл, ал ай (қамарий) жыл есабы менен болса, жəне 9 жыл қосыў кереклиги уқтырылмақта (Хз.).
[8] 32-аят. Бул аяттан 44-аятқа шекем ибратлы бир қысса баян етилмекте. Қысқаша мазмуны сол, Бани Исрайыл ишинде бир кəпир, екиншиси мөмин болған бир ағалы-ини бар еди. Кəпириниң исми – Қутрус, мөмини Яҳуда еди. Әкесинен 8000 динар мийрас қалған болып, оны тең бөлисип алады. Қутрус мың динарға жер сатып алады. Яҳуда Аллаҳға илтижа қылып: «Ҳәй Рәббим! Бирәдарым мың динарға жер сатып алды. Мен өзимдеги мың динарға жəннеттен жер сатып аламан», – деп мың динарды садақа қылып жибереди. Соң кəпир бирәдары мың динар сарплап сарай қурады. Мөмин бирәдары Аллаҳтан жəннет сарайын сорап, жəне мың динарын садақа қылады. Кəпир мың динар сарплап үйленип алады. Мөмин жəннеттеги ҳүрлер мәҳрине атап мың динар садақа қылады. Кəпир қалған мың динарына хызметкерлерди сатып алады. Мөмин жəннеттеги хызметкерлерди сорап ақырғы мың динарын да садақа қылып жибереди ҳəм төмен аўҳалда отырғанда кəпир бирәдары оның үстинен күлип өтип кетеди (Мд.).
Басқа рəўиятта бул аға-ини қыссасы төмендегише жазылған: Мәккә қаласында Бани Махзум қəўимине тийисли Әбиў Салама ҳəм Асўад исимли аға-ини болып, бири мөмин, екиншиси кəпир болған. Жəне бир рəўиятта аятлардағы қысса Уяйна менен Салман ҳəм олардың шериклери ҳаққында болып, еки тəреп адамларын еки адам деп айтылған, делинеди (Хз.).
[9] 44-аят. Бул аятларда зикир етилген қысса «Ўас-соффат» сүресиниң 51–60-аятларында баян етилген қыссаның кирисиўи есапланады (Мд.).
[10] 45-аят. Инсан өмириниң бəҳəри – жаслық дəўири ҳəм гүзи – кекселик әйямы екени ҳаққында мысал келтирилмекте. «Юнус» сүресиниң 24-аяты ҳəм «Ҳадийд» сүресиниң 20-аятында да бул дүньяның маңызы ҳəм инсан өмириниң қысқалығы туўралы усы аят пенен үнлес мəнилер өз сәўлелениўин тапқан.
[11] 46-аят. Бақый қалыўшы ийгиликли əмеллер қайсылар? Усы ҳаққында Расулдан (а.с.) соралғанда: «Олар тәкбир, яғный «Аллаҳу акбар», ҳамд, яғный «Әлҳамдулиллаҳ», ҳаўқала, яғный «лə ҳаўла ўалә қуўўата илла биллаҳ» деп жуўап берген (Мс.).
Ийгиликли əмеллерге бес ўақыт намаз, «Субҳаналлоҳи, ўəлҳамду лиллаҳи ўәлә илаҳа иллаллоҳу ўаллоҳу акбар» кəлиймалары да киреди, деп тәфсир қылынған (Мд.). Ҳəдислерде буннан басқа кəлиймалар да көрсетилген.
[12] 55-аят. «Өткенлердиң жолы» дегенде оларға уқсап ийман келтирмей итаатсызлық қылған қəўимлерге келген азаптың буларға да келиўи мүмкин екенлиги яки келетуғын азапқа исенбей, мазақ ушын оның келиўин күтип отырыўшылар нәзерде тутылған.
[13] 60-аят. Усы аят пенен Муўса ҳəм Хизр (а.с.)лар қыссасы басланады. Қыссаның басланыўы былай болған: Муўса (а.с.) бир күни өз қəўими алдында тəсирли ўаз оқыйды. Сонда бир адам оннан: «Ҳəммеден алымырақ адам ким?», – деп сорағанда ол: «Мен» – деп жуўап қылады. Бул Аллаҳға хош келмейди ҳəм оған «Сеннен көре алымырақ адам бар», – дейди. Муўса (а.с.): «Оны қай жерден табаман?», – дегенинде, «Бир балықты себетке салып, теңиз бойынан жүрип барасаң. Балық жойтылған жерде оны табасаң», – дейди. Балықты себетке салып, оны шəкирти Юўшаъ ибн Нун қолына берип жолға рәўана болады. «Айнул-ҳаят» деген жерде уйқылағанда балық теңизге түсип, ғайып болады (ИК).
[14] 64-аят. Хизрдың исми Биля ибн Милкан, кунясы – Әбиў Аббас. Ол Исрайыл əўладынан яки тәрки дүнья қылған шаҳзада екени, өлгени ҳəм еле тири екени туўралы түрли гәплер бар. Ҳақыйқатын Аллаҳ биледи (Хз.).
[15] 65-аят. Инам етилген мийрим ҳаққында түрли пикирлер бар: пайғамбарлық, илим яки узақ өмир ҳәм т.б. Хизр пайғамбар болған ба яки ўәлий ме? Көбирек уламалар кәраматлы ўәлий болғанын айтады. «Хизр» яки «Хазир» сөзиниң сөзлик мəниси жасыл реңли көгерип турған гия дегенди билдиреди. Ҳəдисте: «Хизр деп аталыўының себеби ол ақ қабыққа отырғанда, оның астынан гия өнип шығып, оны көтерип жиберген», – делинген (Бх.).
[16] 76-аят. Үзирдиң муғдарын Муўса (а.с.) үш мəрте деп шегаралап қойғаннан кейин басқа илаж қалмайды. Ҳəдисте: «Бирәдарым Муўсаны Аллаҳ раҳмат қылсын – бул сөзди жəне үзир айтыўға уялғанынан айтты. Егер үзир айтыўды шегараламай, Хизр менен жүре бергенде көп əжайып ислерди көрер еди», – делинген. Усы мазмундағы ҳəдисти Бухарий ҳəм Муслимлер (рҳ.) де рəўият қылған.
[17] 82-аят. Усы аят дерек береди, Муўса (а.с.) менен шыққан сапары даўамында Хизр (а.с.) бул үш түрли әдетке қылапы ислерди өз ықтыяры менен емес, ал оларды Аллаҳ тааланың илҳамы яки əмири тийкарында қылған (Мд. Лс. Хз.).
[18] 84-аят. Қуранда зикр етилген Зулқарнайнның исми Искендер болып, Сулайман (а.с.) киби дүньяны ийелеген ҳүкимдарлардан есапланады. Өтмиште кəпирлерден де еки патша – Намруд ҳəм Бухтунассир дүньяға ҳүкимдар болыўға урынып көрген, делинеди. Зулқарнайнның пайғамбар яки ўәлий ямаса патша екенинде тартыслы рəўиятлар бар. Әлий (рз.): «Ол солиҳ бенде болған ҳəм Аллаҳ оған Жер патшалығын, илим ҳəм ҳикметти инам еткен. Аллаҳ жолында басына урылған соққыдан еки рет өлип-тирилгени ушын оған «зулқарнайн», яғный «еки шақлы» лақабы берилген», – деген (Мд.).
Оның исми ҳəм лақабы туўралы басқа рəўиятлар да көп.
Соның ишинде, исми Марзубан ибн Марзуба Юнаний; Йеменниң Ҳимяр ўəлаятынан болып, исми Әбиў Караб ҳəм т.б. Зулқарнайн лақабын алыўына да көп себеплерди көрсетеди. Мəселен, Шығыс пенен Батысты ийелегени; Рум менен Персияны ийелегени; еки узын кекили болғаны; тажы астында еки шақы болғаны; еки рет өлип-тирилгени киби (Лс. Мд. Хз.).
Қуранда зикир етилген Зулқарнайн менен Филипп улы Искендер Мақдуний (Александр Македонский) екеўиниң тарийхы уқсас болғаны ушын тарийх ҳəм тәфсир китапларында шәлкеслик бар (Лс. Мд. Хз.).