1. То. Сийн. Усылар – анық Қуран ҳәм Китап (Лаўҳул-маҳфуз) аятлары.
2. (Бул аятлар) мөминлер ушын ҳидаят ҳәм хош хабар.
3. Олар намазды кәмил оқыйды, зәкатты береди ҳәм ақыретке (көрместен) қатты исенеди.
4. Әлбетте, ақыретке ийман келтирмейтуғынларға Биз әмеллерин зийнетлеп көрсеттик. Кейин олар тентиреп жүре береди.
5. Әне соларға (дүньяда да) жаман азап бар ҳәм олар – ақыретте ең көп зыян көриўши.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, саған (бул) Қуран Ҳикметли, Илимли (Аллаҳ) тәрепинен бериледи[2].
7. Муўса өзиниң шаңарағына: «Мен бир жалынды көрдим. Тез сизлерге оннан хабар яки жылыныўыңыз ушын шоқ әкелемен», – дегенин есле![3]
8. Оған (жалынға) келгенде нида қылынды: «Жалынның қасындағы адам (Муўса)ға ҳәм оның дөгерегиндеги (периште)лерге берекет болсын! Әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳ – пәк.
9. Ҳәй Муўса! Әлбетте, бул – Мен, Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳпан!
10. Ҳасаңды тасла!» Кейин, қашан, (Муўса) оның жыландай қыймылдап атырғанын көргенде, артына қарамай қашты. (Сонда Биз айттық:) «Ҳәй Муўса! Қорықпа! Себеби, Мениң алдымда Пайғамбарлар қорықпайды!
11. Бирақ, ким зулым қылса, соң (бул) жаманлықтан кейин (оны) жақсылыққа алмастырса, онда Мен, әлбетте, Кеширимли, Рейимлимен.
12. Қолыңды жағаңа тық, ҳеш қандай жаманлықсыз аппақ болып шығады. (Бул мөжизалар сен алып баратуғын) Фиръаўн ҳәм оның қәўимине қаратылған тоғыз мөжизаның ишинде (бар)». Әлбетте, олар фасық қәўим болды.
13. Кейин, қашан оларға мөжизаларымыз рәўшан ҳалда келгенде олар: «Бул – анық сыйқыр», – деди.
14. Өзлери анық билип турып, зулымы ҳәм тәкаббырлығы себепли оны инкәр етти. Бузғыншылардың ақыбети қандай болғанына қара!
15. Ҳақыйқатында да, Биз Даўыт ҳәм Сулайманға илим бердик. Екеўи: «Бизлерди көп мөмин бенделеринен абзал қылған Аллаҳға ҳамд болсын», – деди.
16. Сулайман (пайғамбарлық ҳәм патшалықта) Даўытқа мийрасхор болды. Ол: «Ҳәй адамлар! Бизге қустың тили үйретилди ҳәм ҳәмме нәрседен берилди. Бул, әлбетте, анық кеңшиликтиң өзи», – деди[4].
17. Сулайман (хызмети) ушын жин, инсан ҳәм қуслардан болған ләшкерлер топланып, дизилген ҳалда турды[5].
18. Ҳәтте олар қумырсқалардың ойпатлығына жеткенде, бир қумырсқа: «Ҳәй қумырсқалар! Уяларыңызға кириң, Сулайман ҳәм оның ләшкерлери сизлерди билмей сындырып кетпесин», – деди.
19. Сонда, (Сулайман) оның сөзине күлип, мыйық тартты ҳәм: «Я Рәббим! Мени Өзиң маған ҳәм ата-анама берген неъматларыңа шүкир етиўиме ҳәм Сен разы болатуғын ийгиликли ислерди қылыўыма миясар ет. Өзиңниң мийримиң менен мени жақсы бенделериңниң қатарына киргиз!» – деди.
20. (Сулайман) қусларды тексерди ҳәм былай деди: «Неге өпепекти көрмей атырман яки ол (руқсатсыз) келмегенлерден болды ма?
21. Әлбетте, оны қатты азап пенен азаплайман яки сойып жиберемен ямаса маған, әлбетте, (үзирин баян етип) анық ҳүжжет келтиреди».
22. Кейин көп өтпестен (өпепек келип), былай деди: «Мен сен билмеген нәрселерден хабардар болдым ҳәм саған «Саба» (деген қала)дан[6] исенимли хабар алып келдим.
23. Мен олардың мәликасы болған бир ҳаялды көрдим. Оған ҳәмме нәрсе берилген екен. Оның үлкен тахты да бар екен[7].
24. Мен оны ҳәм оның қәўимин Аллаҳты қойып, Қуяшқа сәжде қылып атырғанын көрдим». Шайтан оларға (қылып атырған) ислерин зийнетлеп, (ҳақ) жолдан тосты. Енди олар ҳидаят таппайды.
25. (Олардың мақсети –) аспанлар ҳәм Жердеги барлық жасырын нәрселерди (жаўын менен жердиң астындағы жасырынып турған өсимликлерди) шығаратуғын, сизлер жасыратуғын ҳәм ашықтан-ашық қылатуғын нәрселерден хабардар Аллаҳға сәжде қылмаў[8].
26. Аллаҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол – уллы Арштың (да) Рәббиси.
27. (Сулайман) айтты: «Көремиз, рас сөйледиң бе яки өтирикшилерден болдың ба?
28. Бул хатымды алып барып, оларға тасла, соң олардан шетке шығып қарап тур, не (жуўап) қайтарады».
29. (Өпепек хатты алып келип мәлика Билқистың алдына таслағанда,) ол айтты: «Ҳәй төрелер! Маған ҳүрметли бир хат келди.
30. Әлбетте, ол Сулайманнан, ол: «Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен.
31. Сизлер меннен өзиңизди жоқары тутпай, бойсынған ҳалыңызда келиң!» (– делинген)».
32. (Мәлика): «Ҳәй төрелер! Мениң бул исимде маған мәсләҳәт бериң! Сизлер гүўа болмағаныңызша, мен ҳеш бир исти анық қылмайман», – деди.
33. Олар: «Бизлер күш-қуўат ийелеримиз, қатты шыдамлымыз. Буйрық сениң қолыңда. Не буйырыўыңды ойлап көр!» – деди.
34. (Мәлика) айтты: «Әлбетте, патшалар бир аўылға (бастырып) кирсе, оны ўайран қылады ҳәм оның ҳүрметлилерин хорлайды. Олар усылайынша ис тутады.
35. Мен оларға (сынаў ушын) бир саўға жиберип көрейин, кейин, елшилер не (хабар) менен қайтар екен[9]».
36. Кейин, қашан (Билқис елшиси саўғаны алып) Сулайманға келгенде, (Сулайман) айтты: «Сизлер мени мал-дүнья менен қоллайжақсыз ба?! Онда, (билип қойың) Аллаҳ маған берген нәрсе (пайғамбарлық ҳәм патшалық) Ол сизлерге берген нәрседен (мал-дүньядан) жақсырақ. Бәлким, сизлер саўғаларыңыз бенен қуўанарсыз.
37. Сен оларға (қәўимиңе) қайтып бар! Енди, әлбетте, олар тең келе алмайтуғын ләшкер менен бизлер оларға барамыз. Оларды ол жерден (журтынан) жеңилген ҳалында, хор қылып шығарамыз».
38. (Сулайман): «Ҳәй төрелер! Олар маған бойсынып келиўинен алдын қайсыңыз алдыма оның тахтын әкеле алады?» – деди. (Билқис бул ўақытта жолда еди).
39. (Сонда) жинлерден бир күшлиреги: «Мен оны саған орныңнан турыўыңнан алдын әкелип беремен. Әлбетте, буған қуўатым жетеди, исенимлимен», – деди.
40. Ал, Китаптан (Исми аъзамнан) хабардар болған биреў[10]: «Мен көзиң өзиңе қайтқанша (көзиңди ашып жумаман дегенше) оны саған әкелемен», – деди. Кейин өзиниң алдында ол (тахт) турғанын көргенде: «Бул – Рәббимниң, шүкир қыламан ба яки нашүкир боламан ба, сынаў ушын берген кеңшилиги. Ким шүкир қылса, онда ол өзи ушын шүкир қылады. Ким нашүкирлик қылса, онда Рәббим, әлбетте, (ҳеш нәрсеге) мүтәж емес, Ҳүрметли», – деди.
41. (Сулайман мәликаның парасатын сынаў ушын): «Оның тахтын танымайтуғын қылып, өзгертип қойың! Сонда ол (өзиниң тахтын таныўға) жол таба ала ма ямаса жол таба алмайтуғынлардан бола ма? Көрейик» – деди.
42. (Мәлика) келгенде: «Сениң тахтың усындай ма?» – делинди. (Мәлика): «Тап усының өзи», – деди. (Сулайман айтты: «Әлҳамдулиллаҳ) бизлерге буннан алдын илим берилген еди ҳәм мусылманлардан болған едик».
43. Оны Аллаҳтан өзге ибадат қылған нәрсеси (мусылман болыўдан) тосты. Әлбетте, ол кәпирлердиң қәўиминен болған еди.
44. (Мәликаға): «Сарайға кир!» – делинди. Кейин оны (мәлика сарайды) көргенде, оны суў деп ойлап, аяқларын ашқан еди, (Сулайман): «Әлбетте, бул айнадан сыйпақ қылып исленген сарай», – деди. (Мәлика): «Я Рәббим! Әлбетте, мен (Қуяшқа сыйыныў менен) өзиме зулым қылып жүрген екенмен, (енди) Сулайман менен бирге әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳға бойсындым», – деди[11].
45. Ҳақыйқатында да, Самудқа (қәўимине) ағайини Солиҳты (пайғамбар етип) жибердик. (Ол): «Аллаҳға ибадат қылың!» (– деди). Кейин, сол ўақытта олар келисе алмайтуғын еки топарға (кәпирлер ҳәм мөминлерге) айланды.
46. (Солиҳ): «Ҳәй қәўимим! Не ушын сизлер жақсылықтан (мийримнен) алдын жаманлыққа (азапты) асықтырып атырсыз?! Аллаҳтан кеширим сорағаныңызда, қәнекей, рейим қылынсаңыз», – деди.
47. Олар: «(Бизлер басымызға түскен қытшылықты) сеннен ҳәм сениң менен бирге болғанлардан деп гүманландық», – деди. Ол: «Ырым қылыўыңыз Аллаҳтың алдында. Ал, сизлер сыналып атырған қәўимсиз», – деди.
48. Сол қалада (Ҳижр қаласында) Жер бетинде дүзетпейтуғын, (керисинше) бузғыншылық қылатуғын, тоғыз адамлы топар (байлар) бар еди.
49. Олар (бир-бирине): «Әлбетте, оны (Солиҳты) ҳәм оның шаңарағын (бойсыныўшыларын) түнде өлтиремиз, соң мийрасхорларына, бизлер (Солиҳтың да) оның шаңарағының да өлтирилиўине гүўа емеспиз, әлбетте, бизлер рас сөйлеп атырмыз, деп айтыўға Аллаҳтың атына ант қылың!», – деди.
50. Олар ҳийле қылды. Биз де олар сезбеген ҳалда (оларды қыйратыў менен) «ҳийле» қылдық[12].
51. Қара! Олардың ҳийлесиниң ақыбети не болды?! Биз, әлбетте, оларды ҳәм олардың қәўимин, ҳәммесин жоқ қылдық.
52. Енди зулым қылғанлары себепли үйлери босап қалды! Әлбетте, бунда билетуғын қәўим ушын белги бар.
53. Ийман келтирип, тақўа қылып жүргенлерди қутқардық[13].
54. Лутты да (еслең!) Сонда ол өзиниң қәўимине айтты: «Сизлер көрип (билип) турып, бузық ис қыласыз ба?!
55. Сизлер ҳаялларды қойып, еркеклерге жақынлық қыласыз ба?! Яқ! Сизлер надан қәўимсиз[14]».
56. Ал, оның (Лут) қәўиминиң жуўабы: «Луттың шаңарағын журтыңыздан (қуўып) шығарың, себеби олар жүдә «пәк»ленип баратырған адамлар», – деп айтыўдан басқа нәрсе болмады.
57. Кейин, Биз оны (Лутты) ҳәм оның шаңарағын қутқардық. Тек оның ҳаялы (қутылмады, себеби оны) азапта қалыўшылар ишинде болыўын тәғдир қылдық.
58. Олардың үстине жаўын (тас) жаўдырдық! Ескертилгенлердиң азабы буншелли жаман болды!
59. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Аллаҳға – ҳамд ҳәм (пайғамбарлық ушын) таңлап алған бенделерине – сәлем! Аллаҳ жақсы ма яки олар шерик қылып атырған нәрсе ме?» – деп айт[15].
60. Яки аспанлар ҳәм Жерди жаратқан, сизлерге аспаннан суў түсирген (Аллаҳ жақсы ма)? Кейин, Биз оның (суў) менен гөззал бағларды өсирдик. Сизлер өзлериңиз оның терегин өсире алмаған болар едиңиз. Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?! Яқ, олардың өзлери (Аллаҳға басқаларды) теңлестиретуғын қәўим[16].
61. Яки Жерди мәкан қылған, оның ортасында дәрьяларды (пайда) қылған, оған услап турыўшы (таў)ларды (пайда) қылған ҳәм де (шор ҳәм душшы) еки теңиздиң ортасында тосық (пайда) қылған (Аллаҳ жақсы ма)?! Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?! Яқ, олардың көбиси (ҳақыйқатты) билмейди.
62. Яки илажсыз адам дуўа қылғанда (дуўасын) қабыл етип, оның қыйыншылығын (мүсийбетин) аңсат қылған ҳәм сизлерди Жер бетинде орынбасар қылған (Аллаҳ жақсы ма)?! Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?! Жүдә аз еслетпе аласыз.
63. Яки сизлерди қурғақлық ҳәм теңиздиң қараңғылықларында туўры жолға салатуғын ҳәм Өзиниң мийирманшылығы (жаўыны) алдынан самалларды хош хабар қылып жиберетуғын (Аллаҳ жақсы ма)?! Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?! Аллаҳ – олардың ширк қылып атырғанынан (жақсы ҳәм) жоқары.
64. Яки алдын мақлуқатты жарататуғын, соң және (ақыретте) қайта жарататуғын (Аллаҳ жақсы ма)? Сизлерди аспанлар ҳәм Жерден ким ырысқыландырады? Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?! (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (кәпирлерге): «Егер рас сөйлеўши болсаң, ҳүжжетиңди әкел!» – деп айт.
65. Сен: «Аспанлар ҳәм Жерде Аллаҳтан басқа ҳеш ким ғайыпты билмейди», – деп айт. Олар қашан қайта тирилиўин де сезбейди.
66. Бәлким олардың ақырет ҳаққындағы (ийманға алып барыўшы) илими жетилген шығар? Яқ, олар оннан (ақыреттен) шубҳада! Яқ, олар оннан соқыр!
67. Күпир келтиргенлер айтты: «Бизлер де, ата-бабаларымыз да топырақ болғанымыздан кейин (тирилип және қәбирлерден) шығарыламыз ба?!
68. Ҳақыйқатында да, бизлерге де, ата-бабаларымызға да алдын бул ўәде етилген еди. Бул алдынғылардың (тоқып шығарған) әпсаналарынан басқа нәрсе емес».
69. Сен: «Жер бетинде сейил қылың ҳәм жынаятшылардың ақыбети қандай (аянышлы ҳәм ибратлы) болғанына қара!» – деп айт.
70. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оларға (ийман келтирмегенине) қапа болма ҳәм олардың ҳийлелеринен қысылма да!
71. Олар: «Егер рас сөйлеўши болсаңыз (айтың) бул ўәде (азап) қашан болады?» – дейди.
72. Сен: «Итимал, сизлер асықтырып атырған нәрсениң (азаптың) айырымы изиңизге ерип алған шығар», – деп айт.
73. Әлбетте, Рәббиң – адамлар ушын кеңшилик ийеси. Бирақ, олардың көпшилиги (буның ушын) шүкир етпейди.
74. Әлбетте, Рәббиң олардың кеўиллери жасырған нәрсени де, ашықтан-ашық қылған нәрсени де биледи!
75. Аспан ҳәм Жердеги ҳәмме сыр анық болған Китапта (Лаўҳул-маҳфузда) бар.
76. Әлбетте, бул Қуран Исрайыл әўладына олар тартысып атырған нәрсениң көпшилигин баян етип береди[17].
77. Әлбетте, Ол (Қуран) – мөминлер ушын ҳидаят ҳәм мийрим.
78. Әлбетте, Рәббиң олар (адамлар)дың арасында Өзиниң ҳикмети (әдалаты) менен ҳүким шығарады. Ол – Қүдиретли, Билимли.
79. Енди сен Аллаҳға тәўекел қыл! Әлбетте, сен анық ҳақыйқаттың үстиндесең.
80. Әлбетте, сен (өз шақырығыңды) «өли»лерге еситтире алмайсаң, терис қарап кетип баратырған «герең»лерге де шақырықты еситтире алмайсаң.
81. Сен «соқыр»ларды да қараңғылықтан (шығарып, ҳақ жолға) ҳидаят қылыўшы емессең. Сен тек мусылман болған ҳалларында аятларымызға ийман келтиргенлерге ғана еситтире аласаң.
82. Қашан олардың (кәпирлердиң) үстине сөз (азап) түскенде, (қыямет алдынан) Биз олар ушын Жерден бир мақлуқты шығарамыз. Ол оларға, әлбетте, адамлар Бизиң аятларымызға исенбейтуғын болғанын айтып береди[18].
83. Биз ҳәр бир үмметиң аятларымызды жалғанға шығаратуғынларынан бир топарын топлайтуғын Күнди (еслең!) Сонда, олар дизилип турады.
84. Ҳәтте олар (есап-санақ қылынатуғын орынға) келгенде, (Аллаҳ): «Сизлер еле толық түсинбей турып, аятларымды жалғанға шығардыңыз ба яки не қылып едиңиз?!» – дейди.
85. Зулым қылғанлары (күпир келтиргени) себепли, олардың үстине (азап ҳаққындағы) сөз түседи. Енди олар (өзлерин ақлаў ушын) сөйлей алмайды.
86. Биз олар тынышлансын деп түнди пайда еткенимизди, ал күндизди жақты қылып қойғанымызды көрмей ме?! Әлбетте, бунда (тәғдиринде жазылғанындай) ийман келтиретуғын қәўим ушын белгилер (ибратлар) бар.
87. Суўр үпленип, Аллаҳ Өзи қәлегенинен басқа аспанлардағы ҳәм Жердеги (бәрше) кимселер қорыққан ҳәм ҳәмме Оған бойсынып келетуғын Күнди (қыяметти еслең)!
88. Таўларды көрип, (мәңги) қатып турыўшы, деп ойларсаң. Олар да бултлар (жүзип) жүргениндей (ҳаўада жүзип) жүреди. (Бул –) ҳәмме нәрсени пуқта қылған Аллаҳтың өнери. Әлбетте, Ол сизлер қылып атырған (бәрше) ислерден хабардар[19].
89. Ким жақсылық (саўап) пенен келсе, онда оған оннан (сол саўабынан) жақсырағы болады ҳәм олар сол (қыямет болған) Күни қорқынышынан аманда болады.
90. Ким жаманлық пенен (күпир менен) келсе, онда олар ет бети менен дозаққа тасланады (ҳәм оларға): «Сизлерге тек қылған әмеллериңиздиң жазасы берилип атыр», (– делинеди).
91. (Ҳәй Муҳаммад! Айт): Мен бул қаланың (Мәккәның) Рәббисине ғана ибадат қылыўға буйырылдым. Ол (Аллаҳ) оны (бул қаланы) ҳарам қылды (бул қалада қан төгиў, зулым қылыныўы ҳәм аң аўлаў кибилер қадаған етилген). Бәрше нәрсе Оныки! Мен (Аллаҳ тәрепинен) мусылманлардан болыўға буйырылдым.
92. Сондай-ақ, Қуранды тиләўат қылыўға да (буйырылдым). Солай екен, ким ҳидаят тапса, тек өзи ушын ҳидаят табады. Ким (жолдан) адасса, онда оған: «Мен тек ғана (сизлерди) ескертиўшилерденмен (пайғамбарларданман)», – деп айт.
93. Сен: «Аллаҳға ҳамд болсын! Ол сизлерге жақында Өзиниң мөжизаларын көрсетеди. Сизлер оларды тән аласыз (бирақ, ол Күнде тән алыў пайда бермейди)», – деп айт. Рәббиң сизлер қылып атырған ислерден ғапыл емес.
[1] 27. НАМЛ СҮРЕСИ
Намл – қумырсқалар. Сүреде қумырсқалар туўралы ибратлы қысса бар. Онда Муўса, Солиҳ, Сулайман (а.с.)лар ҳаққында аятлар бар. Сулайман (а.с.) менен Саба мәмлекетиниң мәликасы Билқис қыссасы да усы сүреде.
[2] 6-аят. Усы аят Қуранның илим-ҳикметке тийкарланған китап екенине дәлил есапланады. Қазы Байзаўийдиң (рҳ.) сөзи бойынша, илим улыўма мағлыўматларға дерек болады. Ал, ҳикмет терең илим менен бирге исти пуқта орынлай алыў болып есапланады. Қурандағы илим бул ондағы қыссалар ҳәм ғайып хабарлары, ал ҳикмет ондағы ақоид ҳәм шәрият ҳүкимлери есапланады (Қз.).
[3] 7-аят. Муўса (а.с.) шаңарақ ағзалары менен қәйинатасы Шуайбтан (а.с.) руқсат сорап, Мадян қаласынан шығып Мысырға, анасы менен әжапасының алдына кетип баратырып, түнде адасып қалғаны басқа сүрелерде де зикир етилген.
[4] 16-аят. Сулайман (а.с.) қуслар тилин олардың өзлериндей түсинетуғын еди. Оның сөзине қарағанда таўыс: «Диянатыңа жараса жазаланарсаң», – деп, өпепек: «Ҳәй гүнакарлар! Истиғфар айтың!» – деп, қарлығаш: «Қылған жақсылығыңыз өзиңизге қайтар», – деп, қузғын: «Субҳана раббиял-аъла», – деп, қораз: «Ҳәй ғапыллар! Аллаҳты еслең!» – деп, бүркит: «Ҳәй Адам баласы! Қәлегениңше жаса, түбинде өлесең!» – деп, бүлбил: «Аллаҳ пенен расулы билиўширек», – деп, кептер: «Өлим ушын туўың, ўайран етиў ушын қурың!» – деп сайрайды екен (Мд. Хз.).
[5] 17-аят. Сулайманға (а.с.) жинлер алтын ҳәм жипектен үлкен гилем тоқып берген болып, оның ортасына алтын тахт үстине өзи, әтирапындағы алтын ҳәм гүмистен жасалған 600 мың гүрсиде нәбийлер ҳәм уламалар, олардың әтирапында адамлар, олардың әтирапында жинлер отырып, аспанда қуслар қанаты менен сая түсирип, самал гилемди көтерип, айтылған жерге апарады екен (Мд.).
[6] 22-аят. Йемен үлкесиндеги Билқис мәликалық қылған мәмлекеттиң аты араб тилинде Сабаъ. Қарақалпақ тилиндеги әдебиятларда оны айтыў жеңил болыўы ушын Саба деп атаў енгизилген.
[7] 23-аят. Бул ҳаял Йемен мүлкиниң патшасы Шараҳилдиң қызы Билқис еди. Шараҳил өзине мүнәсип ҳаял таба алмай жүргенинде аңда бир қара жылан ақ жыланды қыйнап өлтирип атырғанын көрип, қарасын өлтиреди ҳәм ағын ҳуўшына келтиргеннен кейин, босатып жибереди. Патшаның алдында бул ақ жылан көринисинде болған жин, жигит келбетинде келип саўға береди. Шаҳ саўғаны алмай, егер қызың болса үйленейин, дейди. Ол разы болады. Ҳәдисте де Билқис инс ҳәм жиннен туўылғаны айтылған (Хз.).
[8] 25-аят. Сәжде аяты.
[9] 35-аят. Билқис Сулайманға саўға жиберип, қабыл ететуғынын яки қабыл етпейтуғынын билмекши болады. Егер ҳақыйқый пайғамбар болса, саўғаны алмаўы керек.
[10] Ол Сулайманның кәтиби Асиф ибн Бархия еди. Ол «Исми аъзам»ды билер ҳәм оны оқып дуўа қылса, қабыл болатуғын еди.
Исми аъзам: «Я Ҳайю, я Қайюм! Я Зал-жалали ўәл-икром!» яки «Я илаҳана ўа илаҳа кулли шайъин илаҳан ўаҳида. Ләә илаҳа илла Ант». Ўаллаҳу аълам (Мд.).
[11] 44-аят. Билқис исламға киргеннен кейин, Сулайман (а.с.) оған үйленип, өз журтында мәликалықта қалдырады. Бир айда бир барып, үш күн турып келетуғын еди. Билқистан бир ул туўылған (Мд. Хз.).
[12] 50-аят. Солиҳ (а.с.) бир жырадағы үңгирдиң ишин ибадат ушын орын қылып алып, сол жерде намаз оқып жүр еди. Оны өлтирмекши болып бул әдепсиз жигитлерден бир нешеўи үңгирге алдынырақ барып жасырынған пайытлары, Аллаҳтың әмири менен бир үлкен тас домалап келип, үңгирдиң аўзын жаўып таслайды. Жигитлер сол жерде қайтыс болады. Сырттағы әсий халық олардан бийхабар ҳалда өзлери де Аллаҳтың ғәзебине ушырап, Жәбрайылдың (а.с.) қышқырығы менен қайтыс болады (Мд. Хз.).
[13] 53-аят. Солиҳтың (а.с.) қәўими, яғный Самуд қәўиминен ийман келтирген ҳәм апаттан аман қалғанлар саны төрт мың адам еди, делинген (Мд.).
[14] 55-аят. Лут (а.с.) қәўими бундай бузық ислерди ҳеш кимнен жасырмай ашықтан-ашық қылған, негизинде, бул истиң гүна екени ҳәм Аллаҳға итаатсызлық қылғанлар әййемде набыт қылынғаны ҳаққында хабардар еди (Мд.)
[15] 59-аят. Бул гәп Муҳаммадқа (а.с.) қаратылған болса, усы жерге шекем айтылған аятларда Аллаҳтың өз пайғамбарларына инам еткен мөжиза ҳәм неъматлары ушын Оған ҳамд айтыўға ҳәм де бул пайғамбарларға сәлем жибериўге буйырылған болады. Егер гәп Лутқа (а.с.) қаратылған болса, оған зыян жеткерген кәпирлер қәўимин набыт қылғаны ушын Аллаҳға ҳамд ҳәм шүкир айтыўға ҳәм де азаптан аман қалған солиҳ адамларға сәлем жибериўге буйырылған болады (Қз. Мд.).
[16] 60-аят. «Аллаҳ пенен бирге (және бир) илаҳ бар ма?!» – деген сораў сүреде бес мәрте келген. Аллаҳ таала бир әҳмийетлирек гәпти бенделерине уқтырмақшы болса, тәкирар-тәкирар зикир етеди. Бул «инкәрый истифҳам» деп аталыўшы инкәр мәнисиндеги сораў Қураны кәриймде ақылый дәлил сыпатында ширкке қаратылған кескин соққылардан есапланады.
[17] 76-аят. Аллаҳ таала усы аят мазмунына дәлил қылыўшы басқа көп аятларды да нәзил еткен. Исрайыл әўлады Ийса (а.с.) ҳәм Узайр (а.с.) ҳаққында туўры бир исенимге келиў орнына ширкке себеп болыўшы ақыйдаларды тоқып шығарып, түрли ағымларға бөлинип кеткен. Муҳаммад (а.с.) туўралы да билип-билмей жалған ақыйдалар менен бул дүньядан өтип кеткеннен кейин қыямет күни усы ақыйдалары надурыс екени Аллаҳ тәрепинен дәлиллеп бериледи. Усы дүньяның өзинде де Қуран ҳәм ҳәдислер арқалы бар ҳақыйқат баян етилген. Бирақ, оны өзине сиңдириў ушын инсанның қабыл қулағы, ибрат көзи ҳәм тынық кеўли болыўы керек.
[18] 82-аят. Ислам ақоидына муўапық, қыямет қайым болыў алдынан Жер менен аспанда түрли ғайры тәбийий белгилер көринеди. Усылардан бири «Даббатул – Арз», яғный Жер мақлуғы. Оның сыпатлары туўралы түрли тәфсирлер бар (Қр.).
[19] 88-аят. Таўлардың жүзип жүриўин еки түрли көз алдыға келтириў мүмкин. Бириншиси – қыямет күни таўлар түйе жүни киби ҳаўада тозып жүриўи. Бул ҳаққында «Қориа» сүресиниң 5-аятында да айтылған. Екиншиси – Жер шары космостан бақланғанда таўлар да Жер менен биргеликте бултлар киби сейил етип атырғандай болып көриниўи.