Сораў: Тис алдырса ораза бузыла ма?
Жуўап: Оразаның ашылыў-ашылмаўы тамағынан бир нәрсениң өтиў-өтпеўине байланыслы. Тис алдырып атырғанда тамағынан бир нәрсе өтип кетпесе, ораза ашылмайды. Тислери арасынан қан шығып, алқымға кирсе, яғный алқымнан аржағына өтип кетпесе, ораза ашылмайды. Егер алқымнан өтип кетсе, қаны түпириктен көбирек ямаса барабар болса яки дәмин сезсе, оразасы ашылады. Түпириктен аз болса, ораза ашылмайды. Роддул Мухтар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза екени есинен шығып жеп-ишип қойған адам есине түскеннен кейин аўқатланса не болады?
Жуўап: Умытып жеп-ишиў менен ораза ашылмайды. Умытып жеп-ишкеннен кейин оразам ашылды, деп ойлап аўқатланып қойса қаза лазым болады, каффарат ўәжиб болмайды. Умытып жеп-ишип қойғаннан кейин, ораза ашылмаўын биле турып аўқатланып қойса қазада каффарат таўәжиб болады. Қусыўдың ҳүкими де усындай. Егер қусса ҳәм бул оразаны ашады, деп ойлап аўқатланып жиберсе, қаза лазым болады, каффарат емес. Егер бул оразаны ашпайтуғынын биле турып аўқатланып жиберсе, каффарат таўәжиб болады. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразадар күндизи уйқылап түсинде булғанып қалса, оразасы ашыла ма?
Жуўап: Түсинде булғаныў менен ораза ашылмайды. Түсинде булғанса ямаса биреўге қараў менен маний төгилсе, ораза ашылмайды. Баҳрур Роиқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ғыйбат қылса, өтирик сөйлесе ораза ашылады, депойлаған адам ғыйбат етип, билип турып аўқат жесе каффарат лазым бола ма?
Жуўап: Қазада, каффарат та лазым болады. Оразадар биреўди ғыйбат қылып, булиси оразаны ашады, депойлапбилип турып жеп-ишсе қаза да, каффарат та ўәжиб болады. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адам шор суў менен аўзын шайса бола ма?
Жуўап: Суў шор болсын, болмасын, оразадар оның менен таҳарат алса да, аўзын шайса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразадар әдираспан, пар ҳәм соған уқсас нәрселерди ийискеўи менен оразасы ашыла ма?
Жуўап: Билип турып, оразадарлығы есинде турған ҳалда, түтин жутса, әдираспанның ийсин ишине жутса, дәрилик шөплердиң парын аўызы-мурны менен жутса, оразасы ашылады. Оразадарлығы есинде турып бир нәрсени түтетип, оның менен дем алып, ишине жутса, оразасы ашылады. Роддул Муҳтар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Асқазан кеселлиги менен аўырған оразадар зонт жутса болады ма?
Жуўап: Зонт қурғақ ҳалда жутылса ҳәм қайтарып шығарып алынса, ораза ашылмайды. Егер бир нәрсеге жип байлап алқымнан өткерсе, яғный жутса, жиптиң екинши тәрепи қолда турса, яғный қайтарып шығарып алатуғын болса, ораза ашылмайды. Жип үзилип кетсе ораза ашылады. Баҳрур Роиқ. Ишке киргизилген нәрсениң иште қалып кетиўи нәтийжесинде ораза бузылады. Бадайиъус Санаиъ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адам суў менен көп дәрежеде истинжа қылса, бабасыр (гемарой) болып аўырғанларсол жеринедәри ағызса оразасы ашыла ма?
Жуўап: Истинжа ўақтында суў, бабасыр кеселлигинде дәрилер арқа ағзаның клизма қылынатуғын жерине шекем жетип барса ораза ашылады. Жетип бармай сыртта қалса, ашылмайды. Егер истинжаны көп тәрзинде қылса, клизма қылыў жерине шекем жетип барса, оразасы ашылады. Бундай ҳал кемнен-кем болады. Роддул Муҳтар. Оразаны бузатуғын дәрежедеги нәрсениң ишке кириўиндеги шегара клизмада суў ишке киретуғын жери. Роддул Мухтар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адам көзине дәри қуйса оразасы ашылады ма?
Жуўап: Ораза ашылмайды. Бирақ басқа мәзҳаб ийелери “ораза ашылады”, дейди. Сондай-ақ,медицина тараўы қәнигелери де көз арқалы мурын, аўыз киби алқымқа жол бар екенин айтады. Соның ушын оразадар ҳалдак өзге дәри тамызатуғынлар сәҳәрликтен алдынға ямаса аўыз ашардан кейинге кешиктиргени мақул. Егер ем мақсетинде көзине бир нәрсе тамызса, ҳанафий мәзҳабында аўыз ашылып кетпейди. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқаны есинде жоқ болып, қулағына дәри тамызса не болады?
Жуўап: Ораза екенлиги есинде турып тамызса ашылады, есинен көтерилип тамызса ашылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адамның мурныыссы күнде қанап кетсеҳәм қанды тоқтатаман, депбасын жоқары көтериўинәтийжесинде қан ишкекетип қалсаоразасы бузылады ма?
Жуўап: Оразасы ашылады. Қаза лазым болады, каффарат ўәжиб болмайды. Соның ушынораза тутқан адамның бир жери қанап қалса, қанды тоқтатыўдаораза ашылмайтуғын жолынқылыў керек. Аҳсанул Фатаўа
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Тутқанақ ямаса соған уқсас бир жағдайлар менен ораза тутқан адамның оразасы ашылады ма?
Жуўап: Яқ оразасы ашылмайды. Роддул Муҳтар
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Рамазан оразасының нийети қалай қылынады?
Жуўап: Рамазан оразасын тутыў ушын “ораза тутыўды нийет қылдым”, десежетерли. Мүсәпир ҳәм кеселлерден басқалар қайсы түрдеги ораза тутыўды нийет қылса даназр ме нәпил ме, ҳәммеси Рамазан оразасы есаплана береди. Умдатул фиқҳ Рамазан оразасынҳәм оның ҳүкиминдегилерулыўма нийет қылыў ҳәмнәпилдинийет қылыўменен дурысбола береди. Баҳрур Роиқ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразада кеўилден өткерип нийет етиў жетерли ме?
Жуўап: нийет сөзликте өз алдына мақсет қылыў мәнисинде, шәриятта болса бир исти қылыўда Аллаҳ таалаға ибадат қылыўдыҳәм Оған жақын болыўдынийетқылыў. Ораза дурыс болыўы ушын дилден нийет қылыў шәрт, тилдеайтып отырыў шәрт емес. Фиқҳ китапларындатил менен айтыў сүннет делингенинен мурададамлар буны билиўи ушын. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның тил менен нийет қылғаны ҳаққында хабар келмеген. Умдатул фиқҳ Нийеттиң ҳақыйқатыертеңгиоразаны қәлби мененнийет қылған ҳалда ораза тутыўды мақсет қылыў. Рамазан айыныңкешелеринде мусылман адам ҳәмме ўақыт усындай нийет қылады. Айырым адамлар бундай нийет қылмайды. Тил менен нийет қылыў шәрт емес. Мароқил Фалаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза қашаннан нийет қылынады?
Жуўап: Қуяш батыўы мененертеңги күнниңоразасын нийет қылса, нийети дурыс болады. Мысалы бир адам усындай нийет қылғанынан кейин есинен танып қалды, өзине келмеўи ертеңги күнниңқуяштың батыўына шекемдаўам етсе де, сол күндеоразадар болған есапланады. Қуяш батыўынан алдынямасабатып атырғанда ертеңгикүнниң оразасыннийет қылыў жетерли емес, бәлким қуяш батқанынан кейинқайтадан нийет қылыў зәрүр. Умдатул-Фиқҳ Оразаның нийети қуяш батыўынан алдын қылынса дурысболмайды. Егер қуяш батыўынан алдынертең ораза тутыўды нийет қылса, соңуйқылап қалса, есинен тансаямаса ғәплетте қалыпертеңгикүнги қуяш заўалданаўғанша нийет қыла алмай қалса, нийети дурыс болмайды. Егер нийетти қуяшбатқаннанкейин қылса нийети дурыс болады. Роддул Муҳтар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутыўға нийет қылғаннан кейин оны бузыўға бола ма?
Жуўап: Бирадам ораза тутыўды түнде нийет қылып, субҳи садық кирместен турып нийетинен қайтса, оразадар болмайды. Рамазан күнлери усындай болып қалса, оның мойнына сол күнниң қазасы болады, каффаратыемес. Егер түнде нийет қылып, субҳи садық киргенинен кейин нийетинен қайтса, нийети бузылмайды, оразадар есапланады. Егер оладам жеп-ишсе, сол күндеги оразаның қазасыҳәм каффараты лазым болады.Бир адамазанда сәҳәрликке тура алмай қаламан деп түнде нийет қылса, соңсәҳәрликке турып қалса, сәҳәрлик қыла береди ҳәм нийетин жаңалап алады. Оразадар оразасын бузыўды нийет қылса, бирақҳеш нәрсе ишип-жемесе, онда оразасы бузылмайды. Умдатул-Фиқҳ Оразаның бәршесинде түнде нийет қылып соңнийетинен субҳ кириўинен алдын қайтса, қайтыўы дурыс болады, яғныйораза тутыў нийетибийкар болған болады. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразаны нийет қылыў қандай әмел есапланады?
Жуўап: Оразаға нийет бул оразаның ораза болыўы ушын шәрт қылынған әмел. Егер жеп-ишиўден, жақынлықтан өзин тыйса, бирақ нийет қылмасаоразасы дурыс болмайды.Умдатул-Фиқҳ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Үйде аўқат таярлап атырып ораза екенлигимди умытып кетип аўқаттың дузын көрдим. Усы ҳалатта оразам ашылып кетеме?
Жуўап: Аўқаттың дузын көрип кейин шығарып таслаў менен ораза бузылмайды. Буны билместен қылса оразасына зыяны жоқ, қастан яки билип турып қылса тутқан оразасы макруҳ болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза ўақтында мысалы песин намазына таҳарат етип атырған ўақтымызда мурнымыздан яки аўзымыздан ишимизге суў кетип қалса ораза ашылама?
Жуўап: Суў ишке кетип қалыўы менен ораза ашылады. Бирақ ықтыярсыз тәризде кеткенлиги себепли, тек қазасы тутылады. Аўызы ашылғаны менен кешке шекем тутық болып жүриўи мустаҳаб есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Кемпир апамнан ҳәмледарлық ўақтында тутпаў керек деп еситкен едим. Бирақ жақында ҳажы апамыздан ҳәмледар ҳаяллар да тутыўы шәрт дегенин еситкенмен. Бул ҳаққында динимизде қандай делинген.
Жуўап: Жүкли ҳаяллар жүклилик дәўиринен соң рамазан оразасының қазасын тутып береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы