1. Қашан қыямет болғанда –
2. Оның болыўын жалғанға шығарыўшы жоқ.
3. (Ол – адамларды) астын-үстин қылыўшы.
4. Қашан Жер қатты ләрзеге келтирилсе,
5. таўлар унырап,
6. кейин шаң-тозаңға айланған (болады).
7. Ал, сизлер үш топар боласыз.
8. Енди (сол үш топардың бириншиси –) оң тәреп ийелери. Оң тәреп ийелери не (деген бахытлы)!
9. (Екинши топар –) шеп тәреп ийелери. Шеп тәреп ийелери (болыў) не (деген бахытсызлық)![2]
10. (Үшинши топар – ийгиликли ислерди қылыўда) озып-озып кетиўшилер.
11. Олар – (Аллаҳға) жақын болғанлар.
12. неъматлы жәннетлерде.
13. (Озып кеткенлер –) алдынғы (үммет)лерден көпшилик,
14. ҳәм кейингилерден (Муҳаммад үмметинен) азшылық.
15. (Олар алтыннан) исленген сыпаларда.
16. Жамбаслаған ҳалларында бир-бирине жүзбе-жүз болып (отырады).
17. Оларды (дөгерегинде) мәңги жас балалар айланып (хызметте) жүреди,
18. ағып турған булақтан алынған (мәй толы) кеселер, гүзелер ҳәм лаўабы кеселер менен.
19. Оннан басы аўырмайды, мәс те болмайды.
20. Және өзлери қәлеген мийўелерден алып
21. ҳәм иштейлери тартатуғын қус гөшлери менен де (тәмийинлеп турады).
22. Және олар ушын гөззал көзли (аппақ жүзли) ҳүрлер бар.
23. Олар тап (пердеге) оралған дүрлердей.
24. (Булар –) олардың (жәннет әҳли дүньяда) қылып өткен ислериниң сыйлығы.
25. Олар ол жерде бийҳуўда ҳәм гүна(сөз)лерди еситпейди,
26. тек (бир-бирине айтатуғын) «Сәлем, сәлем» сөзин ғана (еситеди).
27. Оң тәреп ийелери – оң тәреп ийелери не (деген бахытлы)!
28. Олар тикенсиз путалық арасында,
29. дизилген бананзарларда,
30. жайылған сая (астын)да,
31. ағызып қойылған суў (бойын)да,
32. көп мийўелер (ишин)де,
33. (олар) таўсылмайды, қадаған да етилмейди.
34. (сондай-ақ, олар) көтерилген (бийик қылып төселген) көрпешелер (үстин)де.
35. Әлбетте, Биз оларды (ҳүр қызларды) бирден пайда еттик (анадан туўылмаған).
36. Кейин оларды қыз (бакира) қылып қойдық.
37. (Олар –) сүйкимли ҳәм теңлес.
38. (Олар –) оң тәреп ийелери ушын.
39. (Оң тәреп ийелери –) алдынғылардан да (үмметлерден де) көпшилик.
40. Кейингилерден (Муҳаммад үмметинен) де көпшилик.
41. Шеп тәреп ийелери – шеп тәреп ийелери (болыў) не (деген бахытсызлық)!
42. (Олар) Самум (самалы) [3] ҳәм қайнаған суўда (ишинде),
43. қап-қара түтин саясы (асты)нда,
44. (Ол жер) салқын да емес, жағымлы да емес.
45. Әлбетте, олар (шеп тәреп ийелери) буннан алдын (дүньяда) шағал мәсликке берилген еди. (Дүньяда жасап қалайық, дер еди).
46. Және үлкен гүна (ширк) ислерди мудамы қылып келген еди (ийман келтириўден бас тартты).
47. Және олар айтар еди: «Биз өлип, топырақ ҳәм сүйек болып қалсақ та, қайта тирилтилемиз бе?!
48 Алдын өткен ата-бабаларымыз да ма?!»
49. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға) айт: «Әлбетте, алдынғылар да, кейингилер де –
50. мәлим күни белгиленген ўақытта (қыямет күни), әлбетте, топланыўшы».
51. Соң, сизлер, ҳәй адасқанлар ҳәм (қайта тирилиўди) өтирик деўшилер!
52. Әлбетте, (жәҳәннем гиясы –) заққум терегинен (шарасыз, рәҳәтлениў үмитинде) жеўшилер,
53. енди оннан қарынларды толтырыўшысыз (бирақ, буннан ҳасла рәҳәт таппайды).
54. Кейин оның үстине қатты қайнаған суўдан ишиўшилер
55. солай екен, (ишкенде де) шөллеген түйедей ишесиз (бирақ ҳасла шөл қанбайды).
56. Бул – олардың қыямет күниндеги «зыяпаты».
57. (Ҳәй инсанлар!) Биз сизлерди жараттық, енди (және қайта тирилтиўимизге) исенбейсиз бе (тастыйықламайсыз ба)?!
58. Сизлер (ҳаялларыңыздың жатырына) төгетуғын манийди (ойлап) көрдиңиз бе?!
59. Оны сизлер (инсан қылып) жаратасыз ба ямаса Биз жаратыўшымыз ба?!
60. Сизлердиң араңыздағы өлимди (әжелди) де Биз белгилеп қойғанбыз. (Бундай ислерде) Бизден озып кетилмейди.
61. Биз (сизлердиң орныңызға) сизлерге уқсасларды алмастырыўға ҳәм сизлерди өзлериңиз билмейтуғын сүўретте жаратыўға да (қәдирмиз).
62. Ҳақыйқатында да, сизлер биринши жаратылыўыңыз (қандай болғанын) билдиңиз ғой! Енди (шексиз қүдиретимизди көрип) еслетпе алмайсыз ба?!
63. Сизлер егип атырған егинлериңизди (ойлап) көрдиңиз бе?!
64. Оны сизлер өсиресиз бе ямаса Биз өсириўшимиз бе?
65. Егер қәлесек, Биз оны (апат жиберип,) қуўраған шөпке айландырып қойған болар едик. Ал, сизлер өкинген ҳалда ҳайран қалып:
66. «Бизлер зыян көргенлермиз,
67. әлбетте, бизлер (ырысқымыздан) ажыралғанлармыз», – (дейсиз).
68. Сизлер ишип атырған суўларыңызды (ойлап) көрдиңиз бе?!
69. Оны бултлардан сизлер жаўдырдыңыз ба ямаса Биз жаўдырыўшымыз ба?
70. Егер қәлесек, Биз оны шор қылып қойған болар едик. Енди (усы суў ушын) шүкир қылмайсыз ба?!
71. Сизлер жағатуғын жалынды (ойлап) көрдиңиз бе?!
72. Оның терегин (отынларын) сизлер пайда еттиңиз бе ямаса Биз пайда етиўшимиз бе?!
73. Биз оны (жәҳәннем ҳаққында) бир еслетпе ҳәм жолаўшылар ушын пайдаланатуғын нәрсе қылып қойдық.
74. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Уллы Рәббиңниң атына (пәклеп) тасбиҳ айт!
75. Жулдызлардың орынлары менен ант етемен
76. бул (ант) – егер билсеңиз, әлбетте, уллы ант
77. әлбетте, ол – Қураны кәрийм,
78. (ол) жасырын Китапта (Лаўҳул-маҳфузда).
79. Оны (Қуранды) пәкленгенлерден (таҳәратлылардан) басқалар усламайды.
80. (Қуран) әлемлердиң Рәббиси тәрепинен нәзил етилген.
81. Солай екен, (ҳәй кәпирлер!) Сизлер мына Сөзге (Қуранға) бийпәрўалық қылыўшысыз ба?
82. Және (Қуранды) жалғанға шығарыўды өз ырысқыңыз («шүкири») етип атырсыз ба?
83. Енди, егер (адамның жаны) алқымға келип қалса (жан бериў ўақтында),
84. сол ўақытта сизлер (қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей) қарап турасыз.
85. Биз сизлерден көре оған жақынбыз, бирақ сизлер (буны) көрмейсиз.
86. Егер сизлер жазаланбайтуғын болсаңыз,
87. егер расгөй болсаңыз (онда сол) жанды орнына қайтарың!
88. Енди, егер (қайтыс болған адам Аллаҳға) жақынлардан (мөминлерден) болса,
89. (оның ушын) рәҳәт, райхан (ийиси) ҳәм неъматлар жәннети бар.
90. Егер ол оң тәреп ийелеринен болса,
91. онда (ҳәй бахытлы бенде!) Саған оң тәреп ийелеринен сәлем!
92. Егер (қайтыс болған) өтирикши, адасқанлардан (шеп тәреп ийелеринен) болса,
93. онда қайнап турған суўдан «зыяпат»
94. ҳәм дозаққа кириў бар.
95. Әлбетте, бул (айтылған нәрсе) – анық ҳақыйқат.
96. Солай екен, уллы Рәббиңниң атын (пәклеп) тасбиҳ айт! (Оның гөззал исимлери көп)
[1] 56. ЎАҚЫЯ СҮРЕСИ
«Ўақыя» – қыяметтиң атларынан бири.
Сүреде қыямет қайым болғанда жүз беретуғын қорқынышлы ҳәдийселер баянынан баслап, ақыретте мөмин бенделерге берилетуғын сыйлықлар, яғный жәннет неъматлары, сондай-ақ, кәпирлердиң жазасы, яғный оларға берилетуғын дозақтағы азап-ақыбетлер баян етиледи.
[2] 9-аят. Қыямет күни бул дүньяда қылған саўап ҳәм гүналары жазылған әмел китаплары қайсы тәрептен берилиўине қарап инсанның тәғдири мәлим болады. Оң тәрептен берилиўи бул жәннетке кириўдиң белгиси. Ал, шеп тәрептен ямаса арқа тәрептен берилиўи дозаққа кириўдиң белгиси.
[3] 42-аят. «Самум» – қатты ыссы самал, гармсел.