Қураны кәрийм аўдармасы

Масад

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әбиў Ләҳәбтиң еки қолы қурысын (набыт болсын)! Набыт болды да!

2. Мал-дүньясы ҳәм кәсип еткен нәрселери (байлықлары) оған пайда бермеди.

3. Жақында (ол) жалынлы отта күйеди.

4. сондай-ақ, отын көтерген ҳаялы да.

5. Мойнында пуқта есилген арқаны да болады[2].



[1] 111. МАСАД СҮРЕСИ

«Масад» – пуқта талшық, дозақ оты. Сүрениң аты «Таббат» деп те аталады.

Онда Пайғамбардың (а.с.) әмекилеринен бири, жаўыз кәпир Әбиў Ләҳәб ҳәм оның тәўбеге келмеген ҳаялы Умму Жамилдиң жазаланыўы, ҳәр еки дүньядағы тартатуғын азап-ақыбетлери ҳаққында баян етиледи.

[2] 5-аят. Әбиў Ләҳәбтиң негизги аты Абдулузза болған. Мәниси «Узза деген буттың қулы» дегени. Аллаҳ таала өз қулын «бут қулы» деп атамады, ал оған «Әбиў Ләҳәб» – жалынлы, деп лақап берди. Бул жердеги жалын еки нәрседен дерек береди. Бири оның жүзи мудамы қызарып турғанлықтан усы лақап берилген болса, екиншиси, ақыретте дозақ отында жанатуғыны анық екенинлигинен дерек береди.

Әбиў Ләҳәб пенен оның ҳаялы Муҳаммадқа (а.с.) ең көп азар жеткизген кәпирлерден есапланады. Бул ҳаял тикенли отынларды терип келип, Расул (а.с.) жүретуғын жолға таслайды екен. Сүреде оның мойнында отын байлап жүрген арқаны байланған ҳалда күйеўи менен бирге жәҳәннемге түсежағы туўралы хабар берилген.