1. Ҳәй адамлар! Сизлерди бир жаннан (Адамнан) жаратқан ҳәм оннан оның жубайын (Ҳаўўаны) жаратып, екеўинен көп еркек ҳәм ҳаялларды таратқан Рәббиңизден қорқың! Сондай-ақ, араларыңыздаға өз ара (қарым-қатнаста) аты соралыўшы Аллаҳтан ҳәм ағайин-туўысқанлықтан (байланысларын үзиўден) қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – сизлерди бақлап турыўшы.
2. (Ер жеткен) жетимлерге мал-дүньясын қайтарып бериң. Напәк нәрсени пәк нәрсеге араластырмаң. Олардың мал-дүньясын өзиңиздиң мал-дүньяңызға қосып жемең. Себеби, бул – үлкен гүна.
3. Егер жетимлерге әдалат қыла алмаўдан қорықсаңыз, онда өзиңизге (некеси ҳадал болған) ҳаяллардан унаған екеўин бе, үшеўин бе, төртеўин бе некелеп алың. Егер (ҳаялларыңыз арасында) әдалат қыла алмаўдан қорықсаңыз, онда биреўин (некелеп алың) ямаса қол астыңыздағы шорылар менен (шеклениң). Мине, усы (әдалаттан) аўып кетпеўиңизге жақынырақ[1].
4. Ҳаялларға мәҳрлерин кеўилден шығарып бериң! Егер сизлерге өзлери оннан бир нәрсени (өз қәлеўи менен) берсе, онда сизлер оны иштей менен, арқайын жей бериң.
5. Аллаҳ (өмириңизди) турғызыў (ушын) қылған мал-дүньяңызды (жетимлердиң аманат мал-дүньяларын) ақылы пәслерге бермең. Оларды сол мал-дүньялардан жеп-иштириң, кийиндириң ҳәм оларға жақсы сөзлерди айтың!
6. Жетимлерди неке (жасына) жетемен дегенше қадағалап турың! Енди, егер олардың есейгенин сезсеңиз, онда (қолыңыздағы аманат) мал-дүньяларын оларға тапсырың! Оларды үлкейип қалмасын деп (қорқып, олардың мал-дүньяларын) ысырап қылып, асығып жемең! Ким бай болса, онда (жетимниң мал-дүньясын жеўден) сақлансын! Ким жарлы болса, онда туўрылық пенен жесин! Кейин, оларға өзиниң мал-дүньяларын қайтарсаңыз, онда оларға гүўалар келтириң! Аллаҳ – есап-санақта жетерли.
7. Ата-аналар ҳәм ағайин-туўысқанлар қалдырған нәрседен (мийрастан) еркеклер ушын несийбе бар[2]. Ата-аналар ҳәм ағайин-туўысқанлар қалдырған нәрседен (мийрастан) ҳаялларға да несийбе бар. Ол аз болса да, көп болса да парыз қылынған несийбе.
8. Егер (мийрасты) бөлистиргенде (узақ) ағайинлер, жетимлер ҳәм мискинлер келсе, онда оларды оннан (мийрастан бир нәрсе) бериң ҳәм оларға жақсы сөзлер айтың![3]
9. (Адамлар) әззи зүрядларын қалдырыўдан қалай қорықса, (онда жетимлер ҳаққында да) сондай қорықсын. Солай екен, Аллаҳтан қорықсын ҳәм (оларға) туўры сөз айтсын.
10. Әлбетте, жетимлердиң мал-дүньясын зулым менен жегенлер қарнына жалынды жеген болады ҳәм дозақта күйеди.
11. Аллаҳ перзентлериңизге (мийрас бөлистириўде) бир ул ушын еки қыздың үлеси есесинде (бериўди) буйырады[4]. Егер (мийрасхорлар) екеўден көп (ҳаял) болса, оларға ол (марҳум) қалдырған нәрсениң үштен екиси, егер жалғыз қызы болса, оған (мийрастың) ярымы (бериледи). Егер оның баласы болса, ол қалдырған нәрседен ата-анасының ҳәр бирине алтыдан бири (болады). Егер оның баласы болмаса ҳәм ата-анасы мийрасхор болса, анасына үштен бири (болады). Егер оның аға-инилери болса, анасына алтыдан бири (болады). (Бундай етип бөлиў) ол қылған ўәсият ямаса[5] қарыз берилгеннен кейин болады. Әкелериңиз бе, балаларыңыз ба қайсы бири сизлерге пайдалырақ екенин билмейсиз. (Соның ушын мийрас бөлистириў) Аллаҳ тәрепинен (белгиленди ҳәм) парыз қылынған. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
12. Сизлерге ҳаялларыңыз қалдырған нәрсениң (мийрастың) – егер олардың баласы болмаса – ярымы (тийеди). Егер олардың баласы болса, сизлерге олар қалдырған нәрсениң (мийрастың) төрттен бири (тийеди). (Бундай етип мийрасты бөлистириў) олар қылған ўәсиятты ямаса қарызды бергеннен кейин (болады). Оларға сизлер қалдырған нәрсениң – егер балаңыз болмаса – төрттен бири (тийеди). Егер балаңыз болса, оларға сизлер қалдырған нәрсениң сегизден бири (тийеди). (Бундай етип мийрасты бөлистириў) сизлер қылған ўәсият ямаса қарыздан кейин (болады). Егер (қайтыс болған) еркек ямаса ҳаял ҳеш кими болмай мийрас қалдырса, оның (ана тәрепинен бир) аға-иниси ямаса апа-сиңлиси болса, олардан (екеўиниң) ҳәр бирине алтыдан бири тийеди. Егер олар буннан (биреўден) көп болса, олар (мийрастың) үштен бирине шерик болады. (Бундай етип бөлистириў) зыян қылмайтуғын ўәсият ямаса қарыздан кейин (исленеди). Булар – Аллаҳтың буйрығы. Аллаҳ – Билиўши, Ҳалийм[6].
13. Әне усылар – Аллаҳтың шегаралары. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынса, (Аллаҳ) оны астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. (Олар) ол жерде мәңги (қалады). Бул – үлкен утыс[7].
14. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынбаса ҳәм де Оның шегараларынан өтсе, Ол оны мәңги дозаққа киргизеди. Оған хорлаўшы азап бар*.
15. Ҳаялларыңыздан бузықлық (зина) қылғанына өзиңизден (еркеклерден) төрт гүўа келтириң. Егер гүўалық берсе (ҳәм зина қылғаны өз дәлиллениўин тапса), онда оларға (ҳаялларға) өлим жеткенше ямаса Аллаҳ оларға бир жол көрсеткенше (өзлери жасап турған) үйлерде сақлаң[8].
16. Сизлерден бул исти (зинаны) қылған екеўине (еркек пенен ҳаялға кейиў ҳәм әдебин бериў менен) азар бериң. Егер екеўи тәўбе қылса ҳәм (өзлерин) дүзетсе, онда оларды тыныш қойың. Әлбетте, Аллаҳ – тәўбелерди қабыл етиўши, Рейимли[9].
17. Әлбетте, Аллаҳтың тәўбени қабыл етиўи тек жаманлықты (гүнаны) билмей ислеп қойып, соң тез тәўбе қылғанлар ушын ғана (анық) болады. Аллаҳ әне солардың тәўбесин қабыл етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
18. Гүналарды ислеп жүрип, ҳәтте биреўине өлим келгенде, «ҳәзир тәўбе қылдым», дегенлердиң ҳәм кәпир ҳалында өлетуғынлардың тәўбеси қабыл етилмейди. Әне соларға аўыртыўшы азап таярлап қойғанбыз.
19. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге ҳаялларды мәжбүрий мийрас етип алыў ҳадал емес[10]. Анық бузықлық қылмаса, берген нәрселериңиздиң (мәҳрлериңиздиң) айырымларын қайтарып алыў ушын оларға тәсир өткизбең. Олар менен татыў турмыс кешириң. Егер оларды жаман көрсеңиз, онда (билип қойың) бәлким, Аллаҳ сизлер жаман көрген нәрседе (сизлер ушын) көп жақсылықларды қылып қойыўы мүмкин.
20. Егер бир ҳаялды (талақ қылып), орнына басқа ҳаял алмақшы болсаңыз, бириншисине көп мал-дүнья (мәҳр қылып) берген болсаңыз да, оннан ҳеш нәрсени қайтарып алмаң. Оны дөҳмет ҳәм анық гүна менен ала бересиз бе?! [11]
21. Қалай оны аласыз?! Сизлер бир-бириңиз бенен қосылдыңыз ҳәм олар сизлерден үлкен ўәде алған ғой!
22. Әкелериңиз үйленген ҳаялларға үйленбең[12]! Тек алдын өткен болса (олар кешириледи)[13]. Әлбетте, бул бузық, жеркенишли, жаман жол!
23. Сизлерге (некеси) ҳарам қылынған ҳаяллар – булар аналарыңыз, қызларыңыз, әжапаларыңыз ҳәм қарындасларыңыз, әкелериңиздиң әжапалары ҳәм қарындаслары, аналарыңыздың апа-сиңлилери, аға-инилериңиздиң қызлары, әжапа ҳәм қарындасларыңыздың қызлары, емизген «ана»ларыңыз, бир ананы емген «әжапа» ҳәм «қарындас»ларыңыз, ҳаялларыңыздың аналары, жынысый қатнаста болған ҳаялларыңыздың қараўыңыздағы қызлары, егер олар менен жынысый қатнаста болмаған болсаңыз, (қызларына үйлениўде) гүна жоқ, және белиңизден болған балаларыңыздың ҳаяллары. Апалы-сиңлини қосып некелеп алыў да (ҳарам). Тек алдын өткен болса (олар кешириледи)[14]. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
24. Және күйеўи бар ҳаяллардың да (некеси ҳарам қылынды) тек қол астыңыздағы шорыларыңыз (ондай емес) [15]. (Булар) сизлерге Аллаҳтың жазғаны (парызы). Әне усылардан басқа ҳаялларға бузықлық қылмай, (ал) мал-дүньяларыңыз (мәҳр) бенен талап етиўиңиз ҳадал қылынды[16]. Олардан (неке арқалы) жақынлық қылыўыңыз бенен-ақ, белгиленген ҳақыларын (мәҳрлерин) бериң[17]. (Сизлерге мәҳр) парыз болғаннан кейин өз ара келисиўиңизде (ҳаял өз мәҳринен кешсе) гүна жоқ. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
25. Сизлерден ким ҳүр мөмин ҳаялларды некесине алыўға имканияты болмаса, онда қол астыңыздағы мөмин шорылардан бирине (үйленсин) [18]. Аллаҳ – ийманыңызды билиўши. Сизлер бир-бириңизденсиз (яғный сизлер де, шорылар да бир инсансыз). Олардан өзин услаған, бузықлық қылмайтуғын ҳәм жасырын ойнаслары жоқларына хожайынларының руқсаты менен үйленебериң ҳәм мәҳрлерин өз муғдарында бериң. Турмысқа шыққанларынан кейин бузықлық қылса, оларға ҳүр ҳаялларға берилетуғын азаптың ярымы (бериледи). Бул (шорыларға үйлениў) бузылыўдан қорыққанлар ушын. (Шорыларға үйленбей) сабыр етиўиңиз сизлер ушын жақсы. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
26. Аллаҳ сизлерге (шәрият ҳүкимлерин) баян етип бериўди, сизлерди (ҳақ жолдағы) алдынғылардың жолына ҳидаят қылыўды ҳәм тәўбелериңизди қабыл етиўди қәлейди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
27. Аллаҳ тәўбелериңизди қабыл етиўди қәлейди. Ал, ышқыпазлыққа ергенлер (туўры жолдан) дым аўып кетиўди қәлейди.
28. Аллаҳ сизлерге (шәрият ҳүкимлерин) жеңиллетиўди қәлейди. (Ал,) инсан әззи қылып жаратылған.
29. Ҳәй ийман келтиргенлер! Араларыңыздағы мал-мүликлерди наҳақлық пенен жемең. Тек өз ара разылық тийкарындағы саўда менен ғана (дурыс) болады. Өзлериңизди[19] (бир-бириңизди наҳақ) өлтирмең. Әлбетте, Аллаҳ – сизлерге рейимли[20].
30. Ким буны (өлтириўди) душпанлық ҳәм зулым менен қылса, онда, әлбетте, оны дозаққа киргиземиз[21]. Бул Аллаҳға аңсат.
31. Егер қайтарылған ислердиң (гүналардың) үлкенлеринен сақлансаңыз, (киши) гүналарыңызды өширемиз ҳәм сизлерди рәҳәтли жерге (жәннетке) киргиземиз.
32. Аллаҳ бириңизди бириңизден абзал еткен нәрсени (қызғанып оны) арзыў етпең! Еркеклерге де өзлериниң кәсиплеринен несийбе бар, ҳаялларға да өзлериниң кәсиплеринен несийбе бар. (Қызғаныўдың орнына) Аллаҳтан кеңшиликти сораң. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.
33. Ҳәр бир адам ушын ата-ана ҳәм ағайин-туўысқанлар қалдырып кеткен нәрседен (мийрастан алыўшы) мийрасхорларды пайда еттик. Ал, ант қылған адамлардың үлеслерин бериң![22] Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге гүўа.
34. Аллаҳ айырымларыңыздан (ҳаяллардан) айырымларыңызды (еркеклерди айырым өзгешеликлерде) артық қылғаны ҳәм (еркеклер) мал-дүньяларынан (ҳаялларға) сарплағаны ушын еркеклер (шаңарақта) ҳаяллар үстинен баслық[23]. (Ҳаяллардан) жақсылары – (Аллаҳға ҳәм күйеўине) бойсыныўшы ҳәм Аллаҳтың қорғаўы менен (күйеўиниң мүликлерин ҳәм абырайларын) сырларын сақлаўшылары. (Күйеўине) бойсынбаўынан қорықсаңыз, дәслеп ҳаялларға нәсият қылың, (егер сонда да бойсынбаса) жататуғын жерлерде байланысты үзиң, (сонда да итаатсыз бола берсе) оларды (зыян жеткизбейтуғын дәрежеде) урың. Егер сизлерге итаатлы болса, оларға қарсы басқа жол излемең[24]. Әлбетте, Аллаҳ – Жоқары дәрежели, Уллы.
35. Егер екеўиниң (ерли-зайыптың) арасы бузылып кетиўинен қорықсаңыз, күйеўдиң үйинен бир төреши, ҳаялдың үйинен бир төреши жибериң. Егер екеўи (ерли-зайып) дүзелиўди (жарасыўды) қәлесе, Аллаҳ екеўиниң арасын жарастырып қояды. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Хабардар.
36. Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ал, ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ, ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға, ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға (мүсәпирлерге) ҳәм қолыңыз астындағыларға (жақсылық қылың)! Әлбетте, Аллаҳ тәкаббыр, мақтаншақты жақсы көрмейди.
37. (Олар) өзлери сықмарлық етиў менен бирге (басқа) адамларды (да) сықмарлыққа буйыратуғын ҳәм Аллаҳ оларға Өзиниң кеңшилигинен берген нәрсени жасыратуғын (кимселер). Кәпирлерге хорлаўшы азапты таярлап қойғанбыз.
38. Мал-дүньяларын адамлар көриўи ушын сарплайтуғынлар, (ал, негизинде) Аллаҳға да, қыямет күнине де ийман келтирмейтуғынларды (Аллаҳ жақсы көрмейди). Кимниң жақыны (досты) шайтан болса, ол буншелли жаман жақын (дос)!
39. Егер олар Аллаҳға ҳәм қыямет күнине ийман келтиргенде ҳәм Аллаҳ оларға ырысқы етип берген нәрселерден напақа қылғанда, оларға (зыянына) не қылады? Аллаҳ оларды жақсы биледи.
40. Әлбетте, Аллаҳ зәрредей де (муғдарда) зулым қылмайды. Егер (сол муғдар) жақсылық болса, оны (бир неше есе) көбейтеди ҳәм Өзиниң алдында үлкен сыйлық (жәннет) береди.
41. Ҳәр бир үмметтен бир гүўа (өз пайғамбарын) келтирип, сени (ҳәй Муҳаммад!) олардың ҳәммесине гүўа қылып әкелгенимизде (олардың жағдайы) не болады?! [25]
42. Күпир келтиргенлер ҳәм Расулға бойсынбағанлар сол күни жер менен теп-тегис болып қалыўды қәлейди. (Олар сол жерде) Аллаҳтан ҳеш гәпти (сырды) жасыра алмайды.
43. Ҳәй ийман келтиргенлер! Айтып атырған гәплериңизди аңламағаныңызша мәс ҳалыңызда намазға жақынласпаң! [26] Және жунуб ҳалыңызда да, пәкленбегенше (намазға жақынласпаң). Тек сапарда болсаңыз (ондай емес). Егер аўырсаңыз ямаса сапарда болсаңыз яки сизлерден биреўиңиз ҳәжетханадан келсе яки ҳаялларға жақынлық қылған болсаңыз, кейин (ғусыл қылыўға) суў таба алмасаңыз, онда пәкизе топырақ (тас, қум, шаң) пенен таяммум қылып, бетлериңизге ҳәм қолларыңызға масҳ тартың. Әлбетте, Аллаҳ – әпиў етиўши, Кеширимли.
44. Китап (Таўрат)тан несийбе берилгенлердиң адасыўды сатып алыўын ҳәм сизлерди (туўры) жолдан адастырыўды қәлеўин көрмейсең бе?
45. Аллаҳ – сизлердиң душпанларыңызды (ким екенин) билиўши. Аллаҳтың Өзи – жетерли дос ҳәм Аллаҳтың Өзи – жетерли жәрдем бериўши.
46. Яҳудий болғанлардан кәлиймаларды өзиниң орнынан өзгертиўшилер бар. Олар тиллерин бурып, динди жаманлап: «Еситтик ҳәм бойсынбадық. Еситилмейтуғын (сөзлер)ди есит ҳәм «Роъина» (сақла), – дейди[27]. Егер олар: «Еситтик ҳәм бойсындық, есит ҳәм бизлерге қара», – дегенинде, әлбетте, өзлерине жақсы ҳәм туўры болар еди. Бирақ, Аллаҳ оларды күпирлери себепли нәлетледи. Енди азғантайларынан басқалары ийман келтирмейди[28].
47. Ҳәй китап берилгенлер! Бетлерди тегислеп, арқаларына бурыўымыздан ямаса оларды «Шемби ийелери»н[29] нәлетлегенимиздей нәлетлеўимизден алдын, сизлердеги нәрсени (Таўрат ҳәм Инжилди) тастыйықлаўшы болып келген (Қуранға) ийман келтириң. Аллаҳтың буйрығы (әлбетте,) болыўшы.
48. Әлбетте, Аллаҳ Өзине ширк келтириўди (ширктиң гүнасын) кеширмейди. Буннан басқа (гүналарды) Өзи қәлеген (бенделер)инен кеширеди. Ким Аллаҳға ширк келтирсе, демек, үлкен гүнаны тоқыпты.
49. Өзлерин «пәклеп атырған» кимселерди көрмейсең бе? Яқ! Аллаҳ Өзи қәлегенин пәклейди. (Аллаҳ тәрепинен ҳеш кимге) қурма дәнесиниң сабағы шелли де зулым қылынбайды[30].
50. Олардың Аллаҳға (абырайына) қандай өтирик тоқыўына қара![31] Усы (дөҳметтиң өзи) анық гүнаға жетерли.
51. Китаптан (Таўраттан) несийбеси барлардың «Жибт» ҳәм «Тоғут»қа[32] исениўин ҳәм кәпирлерге: «Булар, ийман келтиргенлерден көре туўрырақ жолда», – деп айтыўын көрмедиң бе?!
52. Әне соларды Аллаҳ нәлетлеген. Кимди Аллаҳ нәлетлесе, оған (ҳеш қандай) жәрдемши таба алмайсаң.
53. Ямаса оларда мал-мүликтен үлес бар ма?! Сондай болғанда да (оннан) адамларға зәрреше муғдарда да бермеген болар еди.
54. Ямаса (олар) Аллаҳ Өзиниң кеңшилигинен берген нәрселери ушын адамларды көре алмай ма? Ҳақыйқатында да, Биз Ибраҳимниң шаңарағына (Юсуф, Даўыт, Сулайман кибилерге) Китап ҳәм Ҳикметти берип, және үлкен мүликти бергенбиз.
55. Енди олардың ишинде (Муҳаммадқа) ийман келтиргенлери де, оннан жүз бурғанлары да бар. Жәҳәннем – (олар ушын) жетерли жалын.
56. Әлбетте, аятларымызға күпир келтиргенлерди дозақта күйдиремиз. Олар азапты татыўы ушын қашан териси күйип таўсылғанда, олардың орнына басқа (жаңа) терини алмастырамыз. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли[33].
57. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ис қылғанларды, әлбетте, мәңги қалынатуғын, астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргиземиз. Оларға ол жерде пәкизе жубайлар бар ҳәм оларды қалың саяларға киргиземиз.
58. Әлбетте, Аллаҳ сизлерге аманатларды өзлериниң ийелерине тапсырыўыңызды ҳәм егер адамлар арасында ҳүким қылғаныңызда әдалат пенен ҳүким қылыўыңызға буйырады. Аллаҳ – сизлерге жүдә жақсы нәсият қылыўшы! Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши.
59. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға итаат етиң, Пайғамбарға ҳәм өзлериңизден болған баслықларға итаат етиң! Егер бир нәрсе ҳаққында (дин исинде) тартысып қалсаңыз – Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болсаңыз – оны Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға қайтарың. Усы қайырлы ҳәм ақыбети шырайлы (ис)[34].
60. Өзлерин саған нәзил етилген (Қуран) ҳәм сеннен алдын нәзил етилгенге (илаҳий китапларға) ийман келтирген, деп есаплайтуғын адамлардың ҳүким сорап, Тоғуттың (шайтанның)[35] алдына барыўды қәлеп атырғанларын көрмедиң бе? Олар оған күпир келтириўге буйырылған еди. Ал, шайтан оларды узақ адастырыўды қәлейди.
61. Егер оларға: «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге (Қуран) ҳәм Пайғамбар (сөзлерин додалаў)ға келиң», – делинсе, еки жүзлилердиң сеннен (қашып) терис қарап кетип баратырғанын көресең.
62. Қылған ислери себепли мүсийбет жеткеннен кейин, саған келип: «Бизлер тек жақсылықты ҳәм араны дүзетиўди қәлеген едик», – деп Аллаҳ (аты) менен ант қылыўы қандай (бәне) болады?
63. Әне солардың кеўиллериндеги нәрсени (еки жүзлиликти) Аллаҳ биледи. Солай екен, олардан жүз бур, оларға нәсият қыл ҳәм өзлери ҳаққында жетик сөз айт!
64. Қайсы бир пайғамбарды жиберген болсақ, Аллаҳтың руқсаты менен тек итаат етилиўи ушын (жибергенбиз). Егер олар өзлерине зулым қылғанда, дәрриў саған келип, Аллаҳтан кеширим сорағанында ҳәм Пайғамбар да олар ушын кеширим сорағанда, әлбетте, Аллаҳтың тәўбелерди қабыл етиўши, рейимли екенин билер еди.
65. Яқ, Рәббиңе ант, олар араларында шыққан келиспеўшиликке сени төреши қылмағанша, соң, шығарған ҳүкимиңе кеўиллеринде тарлық сезбей, толық бойсынбағанша, зинҳар ийман келтирмейди[36].
66. Егер Биз оларға: «Өзлериңизди өлтириң ямаса журтыңыздан шығып кетиң!», – деп буйырғанымызда, азғантайларынан басқалары оны қылмаған болар еди[37]. Егер олар айтылған нәсиятқа көре ис қылғанда еди, өзлерине жақсы болып, (ийманлары) беккемлирек болар еди.
67. Сонда, (Биз де) оларға Өзимиздиң алдымыздан үлкен сыйлық берген болар едик.
68. Сондай-ақ, оларды туўры жолға баслаған болар едик.
69. Ким Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға итаат етсе, демек әне солар – Аллаҳтың инамына ерискен нәбийлер, сыддықлар[38], шейитлер ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен бирге. Олар жолдас сыпатында қандай жақсы!
70. Бул – Аллаҳтан (болған) кеңшилик. Аллаҳ – жетерли (дәрежеде) Билимли.
71. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Душпанларға) сақ турғаныңыздан кейин, (оларға) топар-топар болып ямаса ҳәммеңиз жыйналып қозғалың![39]
72. Әлбетте, араңызда (урысқа шықпай) артта қалатуғын, сизлерге бир мүсийбет жетсе: «Аллаҳтың Өзи мени жарылқап, олар менен бирге (урыста) болмадым», – дейтуғынлар да бар.
73. Егер сизлерге Аллаҳ тәрепинен кеңшилик (жеңис) келсе, тап сизлер менен оның арасында дослық болмағанындай, «Қәнекей, мен де олар менен болғанымда, үлкен табысқа (олжаға) ерискен болар едим», – дейтуғыны да анық.
74. Дүнья өмири орнына ақыретти «сатып алатуғынлар» Аллаҳтың жолында урыс қылсын![40] Ким Аллаҳтың жолында урыста өлтирилсе ямаса жеңиске ериссе, әлбетте, Биз оған үлкен сыйлық беремиз.
75. Сизлерге не болды?! Не ушын Аллаҳтың жолында: «Я Рәббимиз, бизлерди халқы залым болған бул қаладан шығар, бизлерге Өзиң тәрепиңнен бир дос бер ҳәм бизлерге Өзиң тәрепиңнен бир жәрдемши бер!» – деп атырған әззи еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар (азатлығы) ушын урыспайсыз?![41]
76. Ийман келтиргенлер Аллаҳтың жолында урысады. (Ал,) күпир келтиргенлер Тоғуттың (шайтанның) жолында урысады. Солай екен, шайтанның досларына қарсы урысың! Әлбетте, шайтанның ҳийлеси – күшсиз.
77. «Қолыңызды тыйың, намаз оқып, зәкат бериң!» – деп айтылған адамларды көрмедиң бе?[42] Енди оларға урыс парыз қылынғанда, олар адамлардан тап Аллаҳтан қорыққанындай ямаса оннан да қаттырақ қорқып: «Я Рәббимиз, бизлерге урысты неге парыз қылдың? Бизлерди азмаз артқа сүрсең болмай ма?!» – дейди. Сен: «Дүньяның ләззети аз, ал ақырет тақўа қылғанларға жақсы. Сизлерге қурма дәнесиниң сабағы шелли де (Аллаҳ тәрепинен) зулым қылынбайды», – деп айт.
78. Қай жерде болсаңыз да, ҳәтте беккем қорғанларда болсаңыз да, өлим сизлерди табады. Егер оларға жақсылық жетсе, «Бул – Аллаҳтан», – дейди. Егер оларға жаманлық жетсе, «Бул – сеннен», – дейди. Сен: «Ҳәммеси – Аллаҳтан», – деп айт! Бул қәўимге (адамларына) не болды, сөзди түсинбейди?!
79. Саған жеткен жақсылық – Аллаҳтан. Саған жеткен жаманлық – өзиңнен. Биз сени адамларға Пайғамбар етип жибердик. Гүўалыққа Аллаҳ (Өзи) жетерли.
80. Ким Пайғамбарға бойсынса, демек, ол Аллаҳға бойсынған. Ким жүз бурса, Биз сени оларға қорықшы қылып жибергенимиз жоқ.
81. «Бойсынамыз», – дейди, бирақ алдыңнан шыққанда, олардың бир топары сен айтқан гәптиң терисине тил бириктиреди. Аллаҳ (олардың) тил бириктирген нәрселерин жазып қояды. Солай екен, олардан жүз бур ҳәм Аллаҳға тәўекел қыл. Жәрдем бериўде Аллаҳ (Өзи) жетерли.
82. Қуран (аятларының мәнилери) ҳаққында (тереңирек) ойламай ма?! Егер (ол) Аллаҳтан басқаның алдынан болғанда, оның ишинде көп қарама-қарсылықты тапқан болар еди[43].
83. Қашан оларға (саўаш майданынан) аманлық ямаса қәўип иси (хабары) келсе, оны жайып жибереди. Егер оны (сол мәселени шешиўди) пайғамбарға ямаса өзлеринен болған басшыларға қайтарса (жеткизсе), оны билиўди қәлеўшилер оны (сорап) билип алар еди. Егер Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийрими болмағанда, азғантайыңыздан басқаларыңыз (көпшилигиңиз) шайтанға ерип кетер едиңиз.
84. Солай екен, Аллаҳтың жолында урыс қыл! (Сен) өзиңнен басқаға жуўапкер емессең. Мөминлерди (урысқа) шақыр. Қәне, (сонда) Аллаҳ күпир келтиргенлердиң пәтин (жаманлығын) сөндирсе. Аллаҳтың пәти кескин ҳәм азабы қатты.
85. Ким (биреўди) жақсы шәпәәт қылса (биреўди қорғаса), оған оннан (қылған шәпәәтинен) несийбе (саўап) бар. Ким (биреўди) жаман шәпәәт қылса, оған да өзиниң «несийбе»си (гүна) бар. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсениң баҳасын бериўши.
86. Қашан сизлерге сәлемлесиў (түрлеринен бир түри) менен сәлем берилсе, сизлер оннан шырайлырақ қылып сәлемине жуўап бериң ямаса соның өзин қайтарың[44]. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсениң есабын алыўшы.
87. Аллаҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. (Ол) сизлерди болыўында шубҳа жоқ қыямет күнинде, әлбетте, жыйнайды. Сөйлегенде Аллаҳтан да расгөйирек ким бар?!
88. Сизлерге не болды, Аллаҳ олардың қылған ислери себепли (алдынғы ҳалларына – күпирине) қайтарып қойған болса да, сизлер еки жүзлилер ҳаққында еки топар болып алдыңыз?! Аллаҳ адастырғанларды туўры жолға салажақсыз ба?! Аллаҳ кимди адастырған болса, оған (туўры) жолды сирә табалмайсаң[45].
89. Олар өзлери кәпир болғанындай, сизлердиң де кәпир болып (өзлери менен) теңлесиўиңизди қәлейди. Ҳәтте Аллаҳ жолында (Мадинаға) ҳижрат қылмағанша, олардан (ҳеш кимди) дос тутпаң! Егер бас тартса, онда оларды қай жерде тапсаңыз, услаң ҳәм өлтириң! Олардан (өзиңизге ҳеш қандай) дос та, жәрдемши де тутпаң!
90. Тек сизлер менен араларыңызда келисими бар (еки жүзлилерден) қәўимге қосылғаны болса ямаса сизлер менен де, өзиниң қәўими менен де урысыў кеўилине сыймай алдыңызға келгенлери болса (өлтирилмейди)[46]. Егер Аллаҳ қәлесе, оларды үстиңизге ҳүкимдар қылып қойған ҳәм олар, әлбетте, сизлерге қарсы урысқан болар еди. Егер олар сизлерден шетленип, сизлер менен урыспай, тынышлыққа келиспекши болса, онда Аллаҳ сизлер ушын оларға қарсы (урысыўыңызға) жол бермейди.
91. Сизлерден де, өзиниң қәўиминен де аманда болыўды қәлейтуғын, қашан фитнаға (күпирге) қайтарылғанда сүңгийтуғын басқаларын да (еки жүзлилилерди де) ушыратасыз. Егер олар сизлерден тайсалмаса, сизлерге тынышлықта (жасаўды) усыныс қылмаса ҳәм қолларын (сизлерге қарсы урыстан) тыймаса, онда оларды услап, қай жерде тапсаңыз өлтириң! Әне солардың үстинен сизлерге анық үстемлик берип қойдық[47].
92. Мөмин (екинши бир) мөминди өлтирмейди, тек қәтелесип (өлтирип қойыўы мүмкин). Ким мөминди қәтелесип өлтирип қойса, онда оған (оның мойнына) бир мөмин қулды азат етиў ҳәм (марҳумның) шаңарағына – егер олар кеширмесе – қун төлеў лазым (парыз) болады. Егер ол (марҳум) сизлерге душпан қәўимнен болып, өзи мөмин болса, бир мөмин қулды азат етиўи лазым болады (буйырылады). Егер ол (марҳум) сизлер менен араларыңызда келисими бар болған қәўимнен болса, онда (марҳумның) шаңарағына берилетуғын қун төлеў ҳәм бир мөмин қулды азат етиў лазым болады. Енди ким (қул) табалмаса, онда Аллаҳға тәўбе қылыў ушын избе-из еки ай ораза тутыў (менен шекленеди)[48]. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
93. Ким бир мөминди билип турып өлтирсе, онда оның жазасы – жәҳәннем. (Олар) ол жерде мәңги қалады. Және Аллаҳ оған ғәзепленеди, нәлетлейди ҳәм оған үлкен азапты таярлап қояды[49].
94. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер Аллаҳтың жолында (урысқа) шықсаңыз анықлап алың, сизлерге сәлем бергенге (ямаса тәслим болған адамға) дүнья өмириниң өткинши олжасын гөзлеп: «Мөмин емессең», – демең! Аллаҳтың алдында, көп олжалар бар. Алдын сизлер де сондай (ийманыңызды сыр тутатуғын) едиңиз, кейин Аллаҳ сизлерге неъмат берди. Солай екен, анықлап алың! Әлбетте, Аллаҳ – ислеп атырған (барлық) ислериңизден хабардар[50].
95. Үзирсиз бола турып (үйинде) отырған мөминлер менен Аллаҳ жолында мал-дүньясы ҳәм жанлары менен жиҳад[51] қылыўшылар тең болмайды. Аллаҳ мал-дүньясы ҳәм жанлары менен жиҳад қылыўшыларды (үйинде) отырыўшыларға (қарағанда) дәрежесин абзал қылды. Ҳәммесине де Аллаҳ шырайлы (саўап) ўәде қылды. Аллаҳ (бөлистириўде) отырыўшыларға қарағанда жиҳад қылыўшыларды үлкен сыйлық пенен абзал қылды.
96. Өзинен болған (Аллаҳтан берилген) дәрежелер, кеширим ҳәм мийирманшылық пенен (абзал қылды). Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
97. Әлбетте, өзлерине (ҳижраттан бас тартып) зулым қылыўшылардың жанын алған периштелер[52] (оларға): «Қандай ҳалда болдыңыз?», – десе, олар: «Жер бетинде бийшара едик», – деп айтады. (Периштелер): «Аллаҳтың жери онда ҳижрат қылыўыңыз ушын (жетерлише) кең еди ғой?» – дейди. Әне солардың орны – жәҳәннем. Буншелли жаман жер ол!
98. Тек шарасын табыўға қәдир болмаған ҳәм (ҳижратқа) жол табалмаған илажсыз еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар бар,
99. әне соларды, қәнекей, Аллаҳ әпиў етсе. Аллаҳ – әпиў етиўши, Кеширимли.
100. Ким Аллаҳтың жолында ҳижрат қылса, Жер (бетин)де көп ғана паналайтуғын қоныслар ҳәм кеңшиликлер табады. Ким Аллаҳ ҳәм Оның пайғамбары тәрепке ҳижрат қылып, үйинен шықса, соң (жолда) оған өлим жетсе, әлбетте, оның сыйлығын Аллаҳ береди. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
101. Жер (бетин)де жүрген ўақтыңызда, егер күпир келтиргенлердиң сизлерге фитна (ҳүжим) қылыўынан қорықсаңыз, намазды қаср (қысқа) қылыўыңызда сизлерге гүна жоқ[53]. Әлбетте, кәпирлер – сизлерге анық душпан.
102. Қашан сен (ҳәй Муҳаммад!) олардың (саҳабалардың) арасында (урыс ўақтында) болып, олардың намазына имамлық қылсаң, (оларды еки топарға бөл!) Олардан бир топары сениң менен бирге (намазда) турсын! (Екинши топар) қурал-жарақларын өзлери менен алсын (ҳәм душпаннан қорғасын). Сәжде қылғанынан кейин (яғный, биринши топар бир рәкат намаз оқығанынан кейин) арқаға (қорғап турыў ушын) өтсин. Кейин, намаз оқымаған екинши топар келип, сениң менен намаз оқысын! Абайлы болып, қурал-жарақларын (қолға) алсын[54]. Сизлер қурал-жарақ ҳәм жүклериңизден ғәплетте болған ўақтыңызда, күпир келтиргенлер үстиңизге бирден ҳүжим қылыўды қәлейди. Егер жаўыннан азарланып ямаса наўқас болып, қурал-жарақларыңызды (шешип) қойсаңыз, сизлерге гүна болмайды. (Бирақ,) қырағылық пенен турың! Әлбетте, Аллаҳ кәпирлерге хорлаўшы азапты таярлап қойыпты.
103. Намазды оқып болғаныңыздан соң, Аллаҳты турған, отырған ҳәм жамбаслаған ҳалыңызда (да мудамы) зикир етиң![55] (Душпан қәўпи жоқлығынан) кеўлиңиз тоқ болғанда намазды толық оқың! Әлбетте, намаз мөминлерге белгиленген ўақтында (оқылыўы) парыз қылынған.
104. (Душпанның) қәўимин қуўыўда ҳәлсиз болмаң! Егер сизлер (урыстан) азап шегип атырған болсаңыз, олар да сизлердиң азап шегип атырғаныңыздай азап шегип атыр. Сизлер Аллаҳтан олар үмит қылмаған нәрсени үмит қыласыз[56]. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
105. Әлбетте, Биз саған Китапты (Қуранды) адамлар арасында Аллаҳ көрсеткен жол менен ҳүким шығарыўың ушын ҳақ пенен нәзил еттик. Сен қыянеткерлердиң қорғаўшысы болма![57]
106. Аллаҳтан кеширим сора[58]. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
107. Өзлерине қыянет қылғанлар ҳаққында тартыспаң! Әлбетте, Аллаҳ қыянетши ҳәм жынаятшыларды жақсы көрмейди*.
108. (Жынаятшылар) адамлардан (жынаятларын) жасырады, (бирақ) Аллаҳтан жасыра алмайды. (Аллаҳ) разы болмайтуғын гәплердиң режесин дүзип атырғанда (да) Ол (Аллаҳ) олар менен бирге еди. Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин қамтыўшы.
109. Ҳәй сизлер! Бул дүнья өмиринде олардың тәрепин алдыңыз. Қыямет күни ким Аллаҳтың алдында олардың тәрепин алады ямаса ким оларды жақлаўшы болады?!
110. Ким жаманлық қылса ямаса өзине зулым қылса, соң Аллаҳтан кеширим сораса, Аллаҳты кеширимли, рейимли ҳалында табады.
111. Ким гүна қылса, оны тек өзиниң зыянына қылған болады. Аллаҳ – Билимли, Ҳикметли.
112. Ким қәте ямаса гүна қылса, соң оны (қәтени) айыпсыз (адам)ға аўдарса, онда ҳақыйқатында да, дөҳмет ҳәм анық гүнаны (мойнына) көтерипти.
113. Егер саған Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы болмағанда, олардан бир топары сени адастырыўға урынған болар еди. Олар тек өзлерин ғана адастырады. Саған ҳеш қандай зыян жеткизе алмайды. Аллаҳ саған Китапты ҳәм Ҳикметти түсирди ҳәм де билмеген нәрсеңди билдирди. Саған Аллаҳтың кеңшилиги үлкен болды.
114. Олардың сыбырласып сөйлесиўинде жақсылық жоқ. Тек ким садақаға, жақсылыққа ҳәм адамлар арасын жақсылаўға буйырған болса ғана (жақсылық бар). Ким сол исти Аллаҳтың разылығы ушын қылса, әлбетте, тез арада үлкен сыйлық беремиз.
115. Кимге ҳидаят рәўшан болғанынан кейин Пайғамбарға қарсы шықса ҳәм мөминлердиң жолынан басқа жолға ерсе[59], (онда) Биз оны кеткен тәрепине қойып қоямыз ҳәм (ақыретте) жәҳәннемге киргиземиз. Ол буншелли жаман жер!
116. Әлбетте, Аллаҳ Өзине (бир нәрсе) ширк қылыныўын кеширмейди, оннан басқасынан (гүналардан), (Өзи) қәлегенин кеширеди[60]. Ким Аллаҳға ширк келтирсе, онда (ол туўры жолдан) ҳақыйқатында да қатты адасқан.
117. Олар (мушриклер) Оны (Аллаҳты) қойып, тек ҳаял бутларға (Лат, Узза ҳәм Манатқа) сыйынады ямаса тек итаатсыз шайтанға сыйынады[61].
118. Аллаҳ оны (шайтанды) нәлетледи. Ол айтты: «Әлбетте, бенделериңнен белгиленген (мәлим) үлесимди аламан,
119. оларды адастыраман, оларды босқа үмитлендиремен. Оларға буйыраман – кейин олар шарўалардың қулақларын кеседи. Оларға буйыраман – кейин олар Аллаҳтың жаратқанларын өзгертеди»[62]. Ким Аллаҳты қойып шайтанды дос тутса (оның айтқанларын орынласа), демек ол анық зыянға ушырапты.
120. (Шайтан) оларға ўәде береди, оларды ҳәўеслендиреди. Шайтан оларға өтириктен (ўасўасадан) басқа нәрсени ўәде бермейди.
121. Әне солардың орны – жәҳәннем. Олар оннан қутылыў жолын табалмайды.
122. (Ал,) ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанларды астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргиземиз. Олар ол жерде мәңги қалады. Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. Аллаҳтан да расгөйирек ким бар?
123. (Бул) – сизлердиң арзыўыңыз бенен де емес, китап ийелериниң арзыўы менен де (ерисилетуғын нәрсе) емес. Ким жаманлық қылса, сол (жаманлығы) менен жазаланады. Өзине Аллаҳтан басқа дос та, жәрдемши де табалмайды[63].
124. Ким мөмин болған ҳалында – еркек пе, ҳаял ма жақсылық (саўаплы ис) қылса, онда әне солар жәннетке киргизиледи ҳәм оларға қурма дәнесиниң сабағышелли де зулым қылынбайды[64].
125. Жақсылық қылыўшы болған ҳалында жүзин (өзин) Аллаҳға бойсындырған ҳәм туўры жол (саналған) Ибраҳимниң динине[65] ерген адамның дининен де жақсырақ дин бар ма?! Аллаҳ Ибраҳимди (Өзине) дос тутқан еди.
126. Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени қамтып алыўшы.
127. Сеннен (ҳәй Муҳаммад!) ҳаяллар ҳаққында пәтўа сорайды. Сен: «Аллаҳ ҳәм Китапта (Қуранда) тиләўат қылынатуғын (аятлар) сизлерге олар ҳаққында, сизлер оларға белгиленген нәрсени (мәҳрди) бермей некеңизге (алыўға) қызыққан жетим ҳаяллар, әззи балалар ҳәм жетимлерге әдалат қылыўың (зәрүрлиги) ҳаққында пәтўа береди», – деп айт. Аллаҳ сизлер қылған ҳәр бир жақсылықты биледи.
128. Қайсы бир ҳаял күйеўиниң өзине кеўилсизлигинен ямаса кешип кетиўинен қорықса, екеўи өз ара келисимге келиўинде гүна жоқ. Келисим (ажырасыўдан) жақсы. Нәпсилерге сықмарлық (қызғаншақлық) тән[66]. Егер (ҳаялларыңызға) жақсылық (шырайлы мәмиле) ҳәм тақўа қылсаңыз, әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар (яғный, саўабын береди).
129. Қаншама қәлесеңиз де ҳаяллар(ыңыз)дың арасында әдалатлы (ҳәммесине бирдей мүнәсибетте) бола алмайсыз. Солай екен, (биреўине) улыўма берилип кетип, (басқасын) муаллақаға (күйеўи бола тура итибар берилместен және талақ та қылынбастан қалдырылған ҳаялларға) уқсатып таслап қоймаң![67] Егер (олар менен мүнәсибетиңизди әдалат тийкарында) дүзетсеңиз ҳәм тақўалы болсаңыз, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
130. Егер (ерли-зайып қандай да бир себеп пенен) ажырасып кетсе, Аллаҳ Өзиниң кеңшилигинен (ырысқысы менен) ҳәр бирин тәмийинлеп қояды[68]. Аллаҳ – (ҳәмме нәрсени) қамтып алыўшы, Ҳикметли.
131. Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерден алдын китап берилгенлерге де, сизлерге де: «Аллаҳтан қорқың!» – деп буйырдық. Егер күпир келтирсеңиз, онда, әлбетте, аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Аллаҳ (ҳеш нәрсеге) мүтәж емес, мақтаўға ылайық[69].
132. Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Сүйениўге Аллаҳ жетерли.
133. Егер (Аллаҳ) қәлесе, ҳәй адамлар, сизлерди кетирип (жоқ қылып), басқаларды әкеледи. Аллаҳ – буған қәдир.
134. Ким бул дүнья саўабын қәлесе, онда (билип қойсын), Аллаҳтың алдында бул дүньяның да, ақыреттиң де саўабы бар. Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши.
135. Ҳәй ийман келтиргенлер! Әдалат пенен турың ҳәм егер өзлериңиз, ата-аналарыңыз, ағайин-туўысқанларыңыздың зыянына болса да, Аллаҳ ушын туўры гүўалық бериўши болың! Егер ол (гүўалық берилиўши) бай болса да, жарлы болса да, Аллаҳ ол екеўине (қырағылық тәрепинен) жақынырақ. Солай екен, әдалатлы болыўыңыз ушын ҳаўайы нәпсиге берилип кетпең! Егер (тиллериңизди) бурсаңыз ямаса (гүўалықтан) жүз бурып кетсеңиз, әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар[70].
136. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға, Оның пайғамбарына, Ол Өзиниң пайғамбарына нәзил еткен Китапқа (Қуранға) ҳәм буннан алдын нәзил еткен Китапқа ийман келтириң! Ким Аллаҳға, Оның периштелерине, Китапларына, Пайғамбарларына ҳәм ақырет күнине күпир келтирсе, ҳақыйқатында да, қатты адасыпты.
137. Әлбетте, ийман келтиргенинен кейин күпир келтирген, соң және ийман келтирип және күпирге кеткен ҳәм күпирде зыяда болғанларды Аллаҳ сирә кеширмейди, туўры жолға да салмайды[71].
138. Еки жүзлилер ушын аўыртыўшы азаптың «хош хабарын» бер!
139. (Олар) мөминлерди қойып, кәпирлер менен досласады. Солардан (кәпирлерден) иззет-қуўат излей ме?! Әлбетте, иззет-қуўаттың ҳәммеси Аллаҳтики ғой![72]
140. Ҳақыйқатында да (Аллаҳ) сизлерге Китапта: «Егер оларды Аллаҳтың аятларына күпир келтиргенин ҳәм оларды мазақлап атырғанын еситсеңиз, олар басқа гәпке өтпегенинше олар менен отырмаң!» – деп (аят) түсирди[73]. Әлбетте, сизлер (олар менен бирге отырғаныңызда) олар менен (гүнада) теңсиз. Әлбетте, Аллаҳ – еки жүзли ҳәм кәпирлердиң ҳәммесин жәҳәннемде жыйнаўшы.
141. Олар (еки жүзлилер) сизлерди бақлап турады, егер сизлерге Аллаҳ тәрепинен фатҳ (жеңис) болса, олар: «Сизлер менен бирге емес пе едик? (олжадан бизлерге де бериң)», – дейди. Егер кәпирлерге несийбе (утыс) болса, олар: «Сизлерге үстин келип, мөминлерден қорғамаған ба едик?», – дейди. Аллаҳ қыямет күни олардың арасында ҳүким шығарады. Аллаҳ (қыямет күни) кәпирлер ушын мөминлерге қарсы сирә жол бермейди[74].
142. Әлбетте, еки жүзлилер Аллаҳты алдайжақ болады. Ол (Аллаҳ) оларды «алдайды»[75]. Егер (олар) намазға турса, ериншеклик пенен, адамлар көриўи ушын турады ҳәм Аллаҳты жүдә аз зикир қылады.
143. Олар аралықта қаңғыйды. Анаў тәрепли де емес, мынаў тәрепли де емес. Аллаҳ кимди жолдан адастырса, оған сирә (туўры) жол табалмайсаң.
144. Ҳәй ийман келтиргенлер! Мөминлерди қойып, кәпирлер менен досласпаң. Аллаҳтың алдында өзлериңизге қарсы анық ҳүжжет пайда қылажақсыз ба?!
145. Әлбетте, еки жүзлилер дозақтың ең пәски қабатында (болады). Оларға ҳеш бир жәрдемши табалмайсаң.
146. Тек (усы дүньяда) тәўбе қылып, өзлерин дүзетип, Аллаҳты беккем услаған ҳәм Аллаҳ ушын динге ықлас қойғанлар, әне солар – мөминлер менен бирге болады. Әлбетте, Аллаҳ мөминлерге үлкен сыйлық береди.
147. Егер шүкир қылсаңыз ҳәм ийман келтирсеңиз, Аллаҳ сизлерди азаплап не қылады?! Аллаҳ – шүкирлерди қабыл етиўши, Билиўши.
148. Аллаҳ жаман гәпти ашық айтыўды жақсы көрмейди. Тек зулым көрген (жәбирленген) кимседен болса, ондай емес[76]. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.
149. Жақсылықты ашықтан-ашық қылсаңыз да ямаса жасырын қылсаңыз да яки жаманлықты әпиў етсеңиз де, әлбетте, Аллаҳ – әпиў етиўши, ҳәмме нәрсеге қәдир.
150. Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарларына күпир келтириўшилер, Аллаҳ пенен Оның пайғамбарлары арасын үзиўди қәлеўшилер, айырымларына исенемиз, айырымларына исенбеймиз, деп олардың ортасындағы жолды тутыўшылар –
151. әне солар – ҳақыйқый кәпирлер. Кәпирлерге хорлаўшы азапты таярлап қойғанбыз.
152. Аллaҳға, Оның пайғамбарларына ийман келтирген ҳәм олардың биреўин де ажыратпағанларға – әне соларға (Аллаҳ) сыйлықларын береди[77]. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
153. Китап ийелери сеннен өзлерине аспаннан Китап түсириўиңизди сорайды. Муўсадан буннан да үлкенирек нәрсени сорап: – «Бизлерге Аллаҳты ашық көрсет!» – деген еди. Сонда, (бул) зулымлары себепли оларды шақмақ урды. Соң, оларға анық ҳүжжетлер келгенинен кейин бузаўды (қудай етип) алды. Кейин, Биз буны да кеширдик ҳәм Муўсаға анық ҳүжжет бердик.
154. Олардан келисим (алыў) ушын, үстине Туўр (таў) ды көтердик ҳәм оларға: «Есиктен ийилип кириң!» – дедик, және: «Шемби күни (сынағында) ҳәддиңизден аспаң!» – дедик. (Усылайынша) олардан қатты келисим алдық[78].
155. Келисимди бузғаны, Аллаҳтың аятларына күпир келтиргени, Пайғамбарларды наҳақ өлтиргени ҳәм «кеўиллеримиз жабық» дегени ушын (оларды жазаладық). Яқ! Күпири себепли Аллаҳ кеўиллерин тамғалаған. Соның ушын олардың азғантайынан басқалары ийман келтирмейди.
156. Және олардың күпирлери, Мәрьямға (оның абырайына) қарсы айтқан үлкен дөҳметлери[79] себепли,
157. сондай-ақ, «Бизлер Аллаҳтың елшиси Масийҳ Ийса ибн Мәрьямды өлтирдик», дегени ушын (оларды жазаладық). Оны өлтирген де, асқан да жоқ[80]. Бирақ, (басқа бир адам Ийсаға) уқсатып қойылды. Ол жөнинде тартысқанлар оның өлими ҳаққында шубҳада. Оларда гүманға ериўден басқа бир де (дурыс) мағлыўмат жоқ. Оны өлтирмегени анық.
158. Ал, оны Аллаҳ Өзине көтерди. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.
159. Өлиминен алдын оған ийман келтирмейтуғын ҳеш бир китап ийеси жоқ. Қыямет күни, ол (Ийса) оларға қарсы гүўалық береди.
160. Яҳудий болғанларға, өзлериниң зулымы, Аллаҳтың жолынан көп (адамларды) тосқаны ушын, оларға (алдын) ҳадал қылынған нәрселерди ҳарам қылдық.
161. (Және басқа себеплери –) қайтарылған болса да сүтхорлық қылыўы, адамлардың мал-дүньяларын наҳақ жол менен жегени. Олардың кәпирлери ушын аўыртыўшы азапты таярлап қойдық.
162. Бирақ, олардың (яҳудийлердиң) арасында илимде беккем болғанлары ҳәм саған нәзил болған нәрсеге ҳәм сеннен алдын нәзил болған нәрсеге ийман келтиретуғын мөминлер, намазды кәмил оқып, зәкат беретуғынлар, Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтириўшилер – әне соларға, әлбетте, үлкен сыйлық беремиз.
163. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз Нуҳ ҳәм оннан кейинги Пайғамбарларға ўаҳий жибергенимиздей саған да ўаҳий жибердик. Және Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб ҳәм (оның) әўладлар(ы), Ийса, Айюб, Юнус, Ҳарун ҳәм Сулайманға да ўаҳий жибердик. Ал, Даўытқа Забурды (китапты) бердик.
164. (Айырым) пайғамбарлар ҳаққында қыссаларды саған алдын айттық ҳәм (айырым) пайғамбарлардың қыссаларын саған айтқанымыз жоқ[81]. Аллаҳ Муўса менен (өзине тән жағдайда туўрыдан-туўры) сөйлести.
165. Пайғамбарлардан (келгенинен) кейин адамларда Аллаҳға қарсы ҳүжжет болмаўы ушын пайғамбарларды хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши қылып (жибердик). Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.
166. Бирақ, Аллаҳ саған нәзил еткен нәрсеге (Қуранға) гүўалық береди. Оны Өзиниң илими менен нәзил етти. Периштелер де гүўалық береди. Гүўалыққа Аллаҳтың Өзи жетерли.
167. Әлбетте, күпир келтиргенлер ҳәм Аллаҳтың жолынан тосқанлар, ҳақыйқатта, узақ (қатты) адасқан.
168. Әлбетте, күпир келтиргенлер ҳәм зулым қылғанларды Аллаҳ кеширмейди ҳәм (туўры) жолға басламайды.
169. (Оларды) тек жәҳәннем жолына (баслайды) ҳәм ол жерде мәңги қалады. Бул (ис) – Аллаҳ ушын аңсат.
170. Ҳәй адамлар! Ҳақыйқатында да, пайғамбар сизлерге Рәббиңизден ҳақ нәрсе (Ислам дини) менен келди. Солай екен, ийман келтириң! (Сонда) өзлериңизге жақсы болады. Егер күпир келтирсеңиз, онда (билип қойың) аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
171. Ҳәй китап ийелери! (Ийсаны қудайдың баласы деп) диниңизде ҳәдден аспаң! Аллаҳ ҳаққында ҳақыйқаттан басқаны айтпаң! Әлбетте, Масийҳ Ийса ибн Мәрьям – Аллаҳтың Пайғамбары, Оның Мәрьямға түсирген «Кәлийма»сы ҳәм Оннан болған руўҳ. Солай екен, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарларына ийман келтириң! «(Қудайды) үшеў» демең! (Бул жолыңыздан) қайтың, (сонда) өзлериңизге жақсы болады! Әлбетте, Аллаҳ – жалғыз илаҳ! Ол – перзентли болыўдан пәк[82]. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де – Оныки. Қәўендерликке Аллаҳ жетерли.
172. Масийҳ та, муқарраб (Аллаҳға жақын) периштелер де Аллаҳға бенде болыўдан сирә арланбайды. Ким Оған бенде болыўдан арланса ҳәм тәкаббырлық қылса, онда олардың ҳәммесин тез арада Өзиниң алдына жыйнайды.
173. Кейин ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанларға, сыйлықларын толық қылып береди ҳәм Өзиниң кеңшилигинен зыяда қылады. Бирақ, (ийман келтириўден) арланып, тәкаббыр болғанларды аўыртыўшы азап пенен азаплайды. Олар өзлерине Аллаҳтан басқа дос та, жәрдемши де табалмайды.
174. Ҳәй адамлар! Сизлерге Рәббиңизден ҳүжжет (пайғамбар ҳәм мөжизалар) келди. Сизлерге және анық нурды (Қуранды) нәзил еттик.
175. Енди Аллаҳға ийман келтирген ҳәм Оған байланған (динин беккем тутқан)ларды, (Ол усы дүньяда) Өзиниң мийрими ҳәм кеңшилигине еристирип, оларды туўры жолға баслайды.
176. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен пәтўа сорайды. Айт: «Аллаҳ сизлерге әкеси де, перзенти де жоқ адам ҳаққында (мынадай) пәтўа береди: Егер перзенти жоқ болған бир адам қайтыс болса, оның қарындасы болса, оған (марҳумнан қалған) мийрастың ярымы бериледи. Егер (қарындасы қайтыс болып), оның баласы болмаса, (әжағасы қарындасынан қалған мийрастың) ҳәммесин алады. Егер (қарындас) екеў болса, оларға марҳум (әжағасы) қалдырған нәрсениң үштен екиси (тийеди). Егер (мийрасхорлар) аға-ини ҳәм апа-сиңли туўысқанлар болса, бир еркекке еки ҳаял үлеси (бериледи). Адаспаўыңыз ушын Аллаҳ сизлерге (мийрас ҳүкимлерин Өзи) баян етеди. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.
[1] 3-аят. Бизге белгили, Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болып келместен алдынғы жəҳилият дəўиринде ҳаяллар ҳуқықы аяқ асты қылынатуғын еди. Бир ер адамға онлап ҳаяллар шорыдай тутқын еди. Оның үстине тез-тез болып туратуғын саўашларда ер адамлар қурбан болып кетип, жесир ҳаяллар саны артып баратуғын еди. Ислам дини сол дəўирдиң жәмийетлик турмысындағы бул машқаланы əдил шешиў жолын көрсетип берди. Көп ҳаяллыққа берилген бул руқсат машқаланы шешиў жолларынан бири еди. Яғный, материаллық жақтан имканияты жеткиликли болыўдың өзи көп ҳаяллық ушын тийкарғы шəрт орнын баса алмайды. Ал, бул жерде биринши шаңарақ ағзаларының материаллық ҳəм мəнəўий тəреплерине унамсыз тәсир көрсетпеўин ҳəм өзи жасап турған жəмийеттеги шəрт-шараятларды да итибарға алыў керек болады.
[2] 7-аят. Бул аяттан 14-аятқа шекем ҳəм сүрениң ақырғы аяты мийрас бөлистириўге тийисли аятлар есапланады.
[3] 8-аят. Бул аят бийкар болғаны яки болмағаны ҳаққында тартыс бар. Бийкар болмаған, деген уламалар мийрас алмайтуғын узақ ағайинлер, ағайин емес жетимлер ҳəм мискин-бийшараларға да мийрастан белгили муғдарда бериў мустаҳаб, – дейди.
Ал, бул аят бийкар етилген деўши уламалар дəслепки дəўирде жоқарыдағыларға да мийрастан үлес бериў ўəжиб қылынған еди. Бирақ, ол кейинги мийрас аятлары менен бийкар етилген, – дейди (Мд.).
[4] 11-аят. Қыз перзентлердиң ярым үлес алыўы ашықтан-ашық əдалатсызлықтай туйылады. Бирақ, бəрше напақалар ер адамның мойнында екени ҳəм ҳаял адам шәрият бойынша бəрше напақалардан азат екени нəзерге алынса, оның қаншелли ҳикметли бөлистириў екени мəлим болады.
[5] * Аяттағы «яки» сөзи логика бойынша еки тəрептеги сөзлердиң алдын-кейинлигин аңлатпайды. Ҳəдиси шәрийфте: «Қарызды бериў ўəсияттан бурын есапланады», – делинген. Сонлықтан, шәрият көрсетпеси бойынша қарызды ўəсияттан алдын бериў ҳəм ағайин емес адамға етилген ўəсияттағы муғдардың үштен бирин бериў енгизилген.
[6] 12-аят. Мийрас бөлистириўге тийисли илим – фароиз деп аталады. Себеби, марҳумлар қалдырған мийрасты бөлистириўдей қурамалы мəселени Аллаҳ таала инсанлардың өзлерине қалдырып қоймай, аятлар арқалы оны мийрасхорларға əдиллик пенен Өзи бөлистирип, оған əмел қылыўды «фариза», яғный парыз қылып қойды. «Фариза»ның көплиги «фароиз» деп аталады.
[7] 13–14-аятлар. Усы аятлар арқалы Аллаҳ таала мийрас бөлистириў бойынша баян еткен көрсетпелерине əмел қылыў қаншелли зəрүр екенин атап өтип, оған әмел қылғанларға жəннет, ал əмел қылмағанларға дозақ азабы анық екенин билдириў менен ескертпекте. Демек, бул илаҳий бөлистириўге əмел қылмаў үлкен гүна ҳəм өзгелер ҳаққына қыянет етиў есапланады.
Ҳəдиси шәрийфте былай делинеди: «Бир адам жетпис жыл ийгиликли əмеллерди қылған ҳалда өмир өткизип өлими алдынан мийрасхорларына шәрияттан тыс ўəсият қылып дүньядан өткен болса, оның әмел китабына жаман ислерди ислеп өтти, деп мөр басылады. Егер адам жетпис жыл өмирин жаман ислер менен өткизип, өлими алдынан шәрият бойынша ҳəм əдил ўəсият қылған болса, оның әмел китабына өмирин жақсы ислерге бағышлады, деп мөр басылады» (Аҳ.).
[8] 15-аят. Зинакәрлық ҳүкимлери бойынша жəне «Нур» сүресиниң 2–10-аятларына қаралсын.
[9] 16-аят. Бул зина ҳаққында биринши нәзил болған аятлардан. Ол бойынша зинакәрларды бирден дүрре урыў яки тасборан қылыў менен жазаламаў, ал биринши рет кейип, уялтып, ескертип қойыўға буйырылған. «Нур» сүресинде бул аят ҳүкими бийкар етилип, жазаның қатаң түрлери баян етиледи.
[10] 19-аят. Жəҳилият дəўиринде бир ҳаялдың ери өлсе, оның өгей улы яки басқа бир ағайини келип жесир ҳаялдың ямаса шатырының үстине өз шапанын таслап қойыў менен оны мийрас қылып алады екен. Соң қəлесе мәҳрсиз оған өзи үйленеди, қəлесе басқаға ерге берип, мәҳрин өзи алады яки узақ ўақыт жесир қалдырып, оның қолындағы биринши еринен қалған мийрасы ямаса басқа байлығы есесине оны азат қылатуғын еди. Егер ҳаял бул адамлардың шапан жабыўынан алдынырақ үйден шығып кетиўге үлгерсе, сонда ғана ықтыяры өз қолында болып, ериниң улы яки ағайинине мийрас болып қалыўдан қутылады екен. Сондай ҳаяллардан Əбиў Қайстың ҳаялы Кабиша исимли бир жесир ҳаял Муҳаммадтың (а.с.) алдына ериниң улынан шикаят қылады. Бул мəселеге жуўап ретинде усы аят нәзил болады (Бғ.).
[11] 20-аят. Ҳəзирет Умар ибн Хаттаб (рз.) бир күни мешит минбарынан турып, өз хутбасында ҳаялларға мәҳрди көп бермеў кереклиги ҳаққында сөйлейди. Сонда бир ҳаял турып: «Ҳəй Умар, Аллаҳ Қуранда ҳаяллар мәҳрин уйым-уйым деп тəрийплеп турғанда сен оны қадаған етип қойыўға не ҳақың бар?» – деп қарсылық билдиреди. Умар «Адамлар билгенин мен билмейди екенмен» – деп бул қадаған етиўден тилин тыяды.
Бирақ, ҳаял мәҳриниң жеңиллеў болыўы мақсетке муўапық есапланады. Себеби, Ҳəдиси шәрийфте «Ҳаяллардың берекетлиси – сарп-қəрежетти кемлеў талап ететуғыны» делинген (Аҳ.).
[12] 22-аят. Бул жерде əкелериңиз үйленген ҳаял деген шәртке әкениң некели яки некесиз зина жолы менен ямаса шоры сыпатында жақынлық қылған ҳаяллары туўры келеди.
[13] *Аяттан белгили болғанындай, исламға шекем арабларда əкелеринен қалған ҳаялларға улларының үйлениў əдети болған.
[14] 23-аят. Апалы-сиңлини қосып ҳаял қылыў əдети де арабларда исламға шекем болғаны усы аяттан белгили болады. Əкеден қалған ҳаялға үйлениў ҳəм апалы-сиңлини қосып ҳаял қылыў əдетлери аят пенен қадаған етилгеннен соң бул ислер тоқтаған болса да, айырым мусылманлар жəҳилият дəўиринде қол урып қойған бундай жаўыз ислери кеширилермекен, деп қəўетерге түскени себепли Аллаҳ таала исламнан алдынғы шәрияттан тыс ислерди əпиў етиўи ҳаққында хабар берген. Ҳанафий мəзҳабы бойынша зина қылған ер адамға зина қылынған ҳаялдың анасы, қызы ҳəм апа-сиңлилериниң некеси де дурыс емес. Ышқыпазлық пенен бир-бириниң денесин услаған ер ҳəм ҳаялдың ҳүкими де усындай (Мх.).
[15] 24-аят. Шорыны некелеп алмақшы болған адам оның иддасы тамам болыўын күтеди. Себеби, əдетте шорылар саўашларда жеңилген кəпир ерлерин таслап келген болады. Оларда ҳəмиле болыў итималынан иддаға буйырылған.
[16] * Аяттан мәҳрсиз неке болмайтуғыны белгили болады. Сонлықтан, ҳанафий мəзҳабы бойынша неке оқылған ўақытта мәҳр хаққында ҳеш қандай гəп айтылмаса да үрп-əдетте енгизилген муғдардағы мәҳр ердиң мойнына өз-өзинен түсе береди. Егер мәҳр муғдары белгиленсе, сол муғдардағы мәҳрди бериў ериниң мойнына түседи. Басқа мəзҳабларда неке оқылған пайытта мәҳр муғдарын белгилеў шəрт. Онысыз неке дурыс есапланбайды (Мд.).
[17] * Бул аяттың ашық мəниси «мутъа» – ўақытша некениң дурыслығына да дəлил қылады. Хайбар саўашынан кейин Расул (а.с.) биринши ислам дəўиринде руқсат берилген мутъа некесин ҳəм ешек гөшин қадаған еткен (Бғ.).
[18] 25-аят. Бул жердеги шорылардан мурат өзиниң емес, ал өзге мусылманлардың қол астындағы шорылар есапланады. Себеби, өзиниң сатып алған шорысы менен шаръий некеде болыўы шәрт емес. Ибн Аббас (рз.): «Мусылманлардың яҳудий, насраний ҳəм шоры қызларға үйлениўине руқсат берилиўи динимиздиң кеңпейиллик негизлеринен бири есапланады», деген екен. Қала берсе, ҳанафий мəзҳабы бойынша китап ийелериниң қызларына үйлениўге болады (Мд. Хз. Хд).
[19] 29-аят. Бул жердеги «өзлериңизди өлтирмең!» ибарасы ҳəр қыйлы тәфсир қылынған:
1. «Бир-бириңизди өлтириўиңиз өзиңизди өлтирген менен тең болып есапланады. Себеби, ҳəммеңиз бир динге тийисли адамларсыз».
2. «Өз жаныңызға өзиңиз қаслық қылмаң». Яғный, өмир қыйыншылықларына шыдам бере алмай яки қандай да бир нəрсениң ашыўына шыдай алмай өзин-өзи өлтириў қадаған етилмекте.
3. «Мал-мүликлериңизди өз ара наҳақ жоллар менен жеўиңиз өзиңизди өзиңиз өлтирген менен тең».
4. «Ҳаўайы нəпсиге берилмең. Себеби, бул сизлерди апатқа алып келеди» (Мд.).
[20] * Аллаҳ таала Муҳаммад (а.с.) үмметине жеңиллик бағышлады. Ал, Бани Исрайыл қəўимине жынаят қылғанында каффарат сыпатында өзлерин өзлери өлтириўине буйырған еди (Мд.).
[21] 30-аят. Адам өлтириўди ҳадал деген исеним менен қылса, бул ислам шәрияты бойынша күпир есапланып, жазасы дозақта мəңги қалыў болады. Бирақ, оны Аллаҳ тəрепинен қадаған етилгенин мойынлаған ҳалда ҳəм гүна екенин билип турып, басқа гүналардай есаплап қылған болса, адам өлтириўши дозақ азабына ылайық болатуғын ис қылған болады, лекин Аллаҳ оны өз кеңшилиги менен кеширип жибериўи де мүмкин (Мд.).
[22] 33-аят. Бул бийкар етилген аят есапланады. Яғный, аятта белгилеп қойылған ағайинлерден басқа ҳеш ким мийрас алыўға ҳақылы емес.
[23] 34-аят. Ер адамның ҳаял адамнан айырым өзгешеликлерде артық етип жаратылғанында бир неше ҳикметлер бар. Тәфсирлерде, соның ишинде, төмендеги шәрият көзқарасынан ер адамларға тəн өзгешеликлер жазылған: пайғамбарлық, халифалық, физикалық күш-қуўат, шаңарақ напақасына жуўапкерлик, ақыл-ой, еслеп қалыў ҳəм пикирлеўдиң зыядалығы, имам-хатиблик, муаззинлик, жəмəəт пенен намаз оқыў, жума намазының ўəжиб болыўы, ташриқ тәкбирин айтыў, саўашларда қатнасыў, толық гүўалық, талақ бериў ҳуқықына ийе болыў, шаңарақтың оның атына қойылыўы, намаз ҳəм оразаны үзирсиз орынлаў ҳəм басқалар. Усы ҳəм басқа тəреплерин есапқа алып, ҳаял адамның ерине итаатлы ҳəм ийбели болып, шаңарақ татыўлығы жолында мудамы ҳəрекетте болыўы диянат жағынан талап етилген.
[24] * Айырым адамлар Қуранда «урың» делинген, деп оннан пайдаланыўға ҳəрекет етеди. Бул – қəте. Ҳəр қандай шаңарақлық келиспеўшиликти тыныш жол менен ақылға салып шешиўге болады.
«Хошласыў хутбасы»нда Пайғамбарымыз (а.с.) былай деген: «...Ҳаялларыңызға жақсылық қылыўды усыныс етемен. Олар сизлердиң барлық ислериңизде жəрдемшилериңиз есапланады. Тек итаатсызлық ҳəм əдепсизлик қылғанда оларды жеңил ғана урып қойың» (Тр. Хз.).
[25] 41-аят. Бул ҳалат қыямет күни жүз бериўи басқа аятларда, яғный «Наҳл» сүресиниң 84, 89-аятлары, «Ҳаж» сүресиниң 78-аятында да баян етилген. Олардың мазмуны бойынша барлық пайғамбарлар ҳəм олардың үмметлери мәҳшарға топланған күни Аллаҳ таала ҳəр бир пайғамбардың үмметинен, Мениң буйрықларымды сизлерге жиберилген пайғамбар жеткизди ме, деп сорайды екен. Олардан ийман келтиргенлери, аўа, деп, ал кəпирлери, яқ, деп инкәр етеди екен. Сонда Муҳаммадтың (а.с.) үмметлери өткен пайғамбарлардың ҳəммеси өз үмметлерине Сениң буйрықларыңды жеткизген. Биз буны Қураннан ҳəм Пайғамбарымыз Муҳаммадтан (а.с.) еситип билгенбиз, дейди екен. Аллаҳтың əмири менен Муҳаммад (а.с.) оларды тастыйықлап гүўалық береди екен (Хз. Бғ.).
Расул (а.с.) Қуранның усы аятына келгенде жылап жибереди екен.
[26] 43-аят. Мәс қылыўшы ишимлик «Маида» сүресиниң 90–91-аятлары менен қатаң қадаған етилип, ҳарам қылынған.
[27] 46-аят. Бул сөзди яҳудийлер Пайғамбарымыз (а.с.)ды сөгиў ушын қолланған. Аяттағы «Аллаҳтың сөзин өз орнында өзгертеди» ибарасына, Таўраттағы Муҳаммадтың (а.с.) исим ҳəм сыпатлары туўралы аятларды алып таслап яки өзгертип жиберген, деген тәфсирлер де бар (Мд. Хз.).
[28] * Яҳудийлердиң ийман келтирген – Абдуллаҳ ибн Салам ибн ал-Ҳарис Таўратты жақсы билетуғын руўханыйлардан еди. Ол Расулуллаҳтың (а.с.) ҳижратларынан аз ғана мүддет алдын ийман келтирип, атақлы саҳабалар қатарынан орын алған ҳəм оның жəннет əҳлинен екени туўралы Расул (а.с.) хош хабар берген. Ҳижраттың 43-сəнесинде қайтыс болған (С.а.н.).
[29] 47-аят. Шемби ийелери ўақыясы менен танысыў ушын «Бақара» сүресиниң 65-аятының түсиндирмесине қаралсын.
[30] 49-аят. Араблар аз нəрсени қурма дəнеси ишиндеги сабақ яки зəрре киби нəрселерге усатқан.
[31] 50-аят. Тоқыған жалған ҳәм дөҳметлеринен бири – бул олардың «Биз Аллаҳтың перзентлери ҳəм досларымыз», – деген даўагерлиги.
[32] 51-аят. Жибт – қолдан ислеп өзлеринше қудай деп сыйынатуғын нәрселери, Тоғут – шайтан.
[33] 56-аят. Аяттың туўрыдан-туўры аўдарғандағы мәнисинен дозақ əҳлиниң терилери бир мəрте күйиўи менен олардың орнына күйгенлеринен басқа жаңа терилер қапланып күйдириледи, деп түсиниў мүмкин. Бирақ, негизинде бундай емес, ал сол күйген териниң өзи қайта-қайта әўелги ҳалына келтирилип, тəкирар күйдирип турылады. Кери жағдайда гүна қылмаған терилер күйдирилген болар еди (Хз.).
[34] 59-аят. Бул аяттан Аллаҳ ҳəм Оның расулының буйрықларына итаат қылыў менен бирге мусылманлар өзлеринен болған дин ҳəм мəмлекет баслықларына да итаат қылыўдың ўəжиб екенлиги белгили болады. Егер басшы яки ата-аналар гүна ислерге буйырмас екен, оларға итаат етиў шәрият бойынша ўəжиб болып есапланады (Таҳаўий «Ақоиди»на қаралсын).
Бул аяты кəриймадан шәрияттың тийкарғы төрт дерегине де ишара бар екенлиги анықланған. Аллаҳға итаат етиўден – Қураны кəрийм, Пайғамбарына итаат етиўден – Сүннет (ҳəдис), басшыларға итаат етиўден – Ижмаъ, тартыслы мəселени Аллаҳ ҳəм Расулына усыныўдан қыяс усыллары алынған.
[35] 60-аят. Бир яҳудий менен бир еки жүзли өз ара жəнжеллесип, кимниң алдына барып ҳүким талап етиў кереклигине тартысып қалады. Яҳудий Муҳаммадтың (а.с.) алдына, ал еки жүзли Каъб ибн Ашрафтың алдына барыўды усыныс етеди. Ақыры, Расулдың (а.с.) алдына барады. Ҳүким яҳудийдиң пайдасына шығарылғаннан соң, еки жүзли разы болмай Ҳəзирети Умардың (рз.) алдына барыўды усыныс етеди. Ол да Пайғамбар (а.с.) шығарған ҳүкимди тастыйықлайды (Мд. Хз.).
[36] 65-аят. Зубайр ибн Аўўам менен мадиналы бир адам (ансорий) егинлерди суўғарыў пайытында суў нəўбетин таласып, төрешилик қылыўын сорап Расулуллаҳтың (а.с.) алдына келеди. Ол биринши болып Зубайр, екинши болып ансорий суўғарып алыўына буйырады. Сонда ансорий: «Зубайр әкеңниң қарындасының баласы болғаны ушын оған биринши гезекти бердиң бе?» – деп наразылық билдиргенде, Расулдың (а.с.) жүзлери қызарып кетеди ҳəм Зубайрға: «Сен биринши болып егинлериңди суўғар. Суў дийўаллардың астына шекем шықсын» – дейди. Бул ҳəдиске қосымша қылып, Имам Бухарий (рҳ.) айтады: «Расул (а.с.) ҳəр еки даўагерге де жеңиллик болсын деп, Зубайр биринши суўғарса да гезекти тез ансорийға бериўге буйырған еди. Ансорий наразылық пенен қолайсыз сөз айтқаннан кейин Зубайрға тийисли суў ҳақысынан толық пайдаланыўға, əдепсизлиги себепли ансорийди узақ нəўбет күтиўге буйырған» (Хз.).
[37] 66-аят. Яғный, «Набада биз Мәккә халқына Муўсаның (а.с.) қəўимине өзиңиз өлтириң яки елиңиз – Мысырдан шығып кетиң, деген буйрықты бергенимизде еди, жүдə азшылық адамлар бул исти орынлаған болар еди. Сонлықтан, олар айтылған нəсиятларға толық əмел қылса, өзлерине де аңсат ҳəм пуқта ис қылған болар еди», делинбекте.
[38] 69-аят. «Сыддықлар» илаҳий мағлыўматларға шын кеўилден исенип, тастыйықлаўшы ҳəм əмел қылыўшы, тили менен кеўли бир инсанлар есапланады. Тасаўўыфта сыддықлық мəртебесине биринши болып Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) ерискен.
Аяттағы «пайғамбарлар»дан мурат – Муҳаммад (а.с.), «сыддықлар»дан – Әбиў Бәкир (рз.), «шейитлер»ден – Умар, Усман, Әлий (рз.), «ийгиликли ис қылыўшы адамлар»дан қалған саҳабалар, деген тәфсир де бар (Хз.).
[39] 71-аят. Бул ҳəм кейинги аятларда Мадинаға көшип келген муҳажирлер ҳəм мадиналы (ансор)лардан ибарат мусылманларға Мәккә қаласында зулым өткизген мушриклерге қарсы ҳəрекетлерде қатнасыўға шақырыў менен бирге оннан бас тартыўшылар сынға алынады.
[40] 74-аят. Бул аятты керисинше тәфсир етиўге де болады. Онда: «Ақыретти берип, оның орнына дүньяны сатып алыўшы еки жүзлилер, бул нийетлерин тəрк етип, Аллаҳ жолында урыс қылсын» деген мəни келип шығады.
[41] 75-аят. Мәккәдан Мадинаға ҳижрат қылыўға əззилик етип, мушриклерден келетуғын қуўдалаў астында жəбир-зулым көрип атырған мусылманларға жеңиллик бағышлаў ушын мусылманларды Мәккә мушриклерине қарсы шығыўға ҳəм олардан өш алыўға шақырылмақта. Мушриклер менен мусылманлар арасында болған барлық саўашлардың тийкарғы себеплеринен бири де усы.
[42] 77-аят. Мәккәда қалған мусылманлардың бир бөлими «Қəнекей, бизге мушриклер менен урысыўға Аллаҳ тəрепинен руқсат берилгенде еди», дегенде, Пайғамбар (а.с.), ҳəзирше намаз ҳəм зəкат киби ибадатларды орынлап турың, деген еди. Ал, Мадинаға келгенде, өзлери сораған нəрседен бас тартып, урысқа шықпаў ушын бəне излеўге өтти.
Əбиў Мансур Матуридий (рҳ.) бул аят тәфсиринде былай деген: «Мусылманлардың урысқа шығыўдан қорқып, бул сөзлерди айтыўы динге шек келтириў яки оннан ўаз кешиў нийетинде емес, ал инсан тəбиятына тəн жан тəшўиши себепли болып, буны Аллаҳтың ҳүкимин қабыл етпеў деп түсинбеў керек. Себеби, олардың исенимлери пүтин еди» (Мд.).
[43] 82-аят. Мине, он төрт əсир өтип атырған болса да, илаҳий мөжиза – Қураны кəрим аятларында келтирилген мағлыўматларда ҳеш бир қəте сөз табылған жоқ, табылмайды да. Астрономия, космос, ҳайўанат, өсимлик, илаҳият ҳəм тəбиятқа тийисли аятлардың қаншелли туўры аңлатылғаны күн сайын өз тастыйықланыўын таўып киятыр.
[44] 86-аят. Cәлем бериўши «Әссәләму алайкум» десе, «ўа алайкум әссәләм ўа раҳматуллаҳ» деп сәлемине жуўап бериледи. Егер ол «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳ» деп сәлем берсе, «Ўа алайкум әссәләм ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ» деп сәлемине жуўап бериледи. Сәлем бериўши «Әссәләму алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ» деп сәлем берсе, сәлемине жуўап бериўши де сол сөзди қосады. Пиядаға көликтеги адам, көпшиликке азшылық, отырғанға жүрип киятырған адам, жасы үлкенге жасы киши сәлем бериўи кибилерге әмел қылыў усыныс етиледи. Бирақ, жасы кишиден алдын жасы үлкен адам кишипейиллик ушын сәлем бериў бул пазыйлет есапланады. Сәлем бериў – сүннет, ал сәлемге жуўап бериў – парыз.
[45] 88-аят. Бир топар еки жүзлилер Бадр саўашына шығыў ушын Расулуллаҳтан руқсат алып, саўаш майданына, барып мушриклердиң қатарына қосылып кеткен. Мусылманлар бул ҳаққында тартысып турғанда усы аят нәзил болған (Мд.).
[46] 90-аят. Аяттағы келисимге келген қəўим дегенде Аслам қəўиминиң адамлары нəзерде тутылмақта. Олар менен Расулуллаҳтың (а.с.) арасында келисиў питими бар еди. Пайғамбар (а.с.) Мәккә сапарына шығыўдан алдын қəўим баслығы Ҳилал ибн Уўаймир деген кəпирге аманлық берип, оннан бийтəреп болыўы ушын сөз алған. Оған барып қосылғанларға да аманлық берилгени ҳаққында мусылманларға дағазалаған еди (Мд.).
Келисимге келген қəўим Ҳузоа яки Бани Бәкир қəўими деген рəўиятлар да бар.
[47] 91-аят. Еки жүзлилер өзлериниң кеўиллериндеги күпирди әшкара қылмағанша, оларға барыўға руқсат берилмеген еди. Бул аятта да олар күш жумсамағанша, оларға қарсы урыспаў зəрүрлиги айтылмақта.
[48] 92-аят. Яғный, қун төлеў менен бирге еки ай избе-из ораза тутады. Избе-из дегенде бир күн тутып, екинши күн тутпай емес, ал 60 күн үзликсиз тутыў бир қул азат қылғанның орнына өтеди. Буның менен Аллаҳтың кеширимине ылайық болады.
Аяттан ҳанафий мəзҳабында мусылманлар үлкесинде жасап атырған ғайрыдинлер, яғный зиммийлер менен мусылманлар диясы (қуны) арасында парық жоқлығы хаққындағы ҳүкимди алған.
Дия – өлтирилген адамның ағайинлерине өлтирген тəрептиң жан есесине төлейтуғын қун ҳақы.
Өлтирилген бир еркин адамның қуны ҳанафий мəзҳабы бойынша 100 түйе яки мың динар алтын ямаса он мың дирҳам гүмиске тең.
[49] 93-аят. Ақоид бойынша үлкен гүна қылған мөмин кəпир болмайды. Лекин қадаған етилген гүна исти ҳадал деп исенсе яки парызлардан бирин инкәр етсе, кəпир болып қалады. Аятта наҳақ өлтириўди ҳадал деген исенимде адам өлтириў ҳаққында ҳүким баян етилмекте (Мд.).
Ҳəдиси шәрийфте: «Қыямет күни биринши сораў наҳақ төгилген қан ҳаққында болады» (Бх.).
[50] 94-аят. Бир неше саҳабалар Мадинадан сыртқа шыққанда бир топар мушриклерге дус келеди. Саҳабалардан қорқып тарқап кеткенде, Мирдас исимли мушрик қалып, оларға сəлем береди ҳəм ийман кәлиймасын айтады. Соған қарамай, оны өлтирип, нəрселерин олжа қылып алып келген Зайд (яки Миқдад)ты Расул алайҳиссалам қатты кейийди.
Аятта мушриклердиң ишинде де пинҳамы ийман келтирген, бирақ оны билдириўге пурсат таба алмай жүргенлер де болған. Мөмин екенин билдирген пайытта кəпирликте айыпламаў зəрүрлиги айтылмақта.
[51]95-аят. «Ҳаж» сүресиниң 39, 40-аятларына муўапық, Мәккә мушриклеринен қатты азап шеккен мусылманларға, Мадинаға келип орналасқаннан кейин олардан кек алыўға Аллаҳ тəрепинен руқсат етиледи. «Жиҳад» сөзи ҳəмме ўақыт та саўаш ҳəм урыс мазмунында емес, ал жəн-тəни менен ҳəрекет етиў, ижтиҳад, гүрес мəнилеринде де келеди. Бул жерде ол кек алыў мақсетиндеги саўаш мəнисинде келген.
[52] 97-аят. Мадинаға ҳижрат қылыў парыз қылынғаннан кейин Мәккә қаласында үзирсиз қалғанлар кəпирлерден деп есапланған. Бул аятта олар «өзлерине зулым қылғанлар» деп аталмақта.
[53] 101-аят. Сапарда төрт рəкатлы парыз намазлар еки рəкатлы қылып қысқартылады. Буған «қаср» делинеди. Жəне Рамазан айының оразасын да тутпай, кейин қазасын тутыўға руқсат етиледи. Пайғамбарымыздан (а.с.) сапарда ўитр ҳəм таң намазының сүннетинен басқа сүннет намазларды оқымағаны рəўият қылынған. Саҳабалар, табеийнлер ҳəм мужтаҳидлер арасында да бул мəселе бойынша тартыс бар. Өйткени, сапарда биймəлел пайытлары сүннет намазларының оқылыўында ҳеш кандай зыян жоқ.
[54] 102-аят. Аятта баян етилген бул жəмəəт намазы араб тилиниде «Солатул-хаўф» делинеди. Аяттағы буйрық Пайғамбарымызға қаратылған болса да, ол бəрше мусылманларға тийисли, деп қабыл етилген. Мужтаҳидлерден тек Əбиў Юсуф ҳəм Ҳасан ибн Зияд (рҳ.)лар қəўип намазы Расулуллаҳтың өзине тəн, деп билген. Басқалар Пайғамбар (а.с.) қайтыс болғаннан кейин де саҳабалардың қəўип намазын оқығанларын дəлил қылып келтиреди (Мд.).
Имам Музаний қəўип намазына тийисли бул аят бийкар етилген, деген (Хз.).
[55] 103-аят. «Зикир етиң» сөзинен мурат «намаз оқың» деген тәфсир де бар. Демек, намазды алдын тик турып оқыў, оған күш-қуўаты жетпесе, отырып, оған да ҳалы жетпесе, жатқан ҳалда ым-ишара менен оқыў дурыс болады.
[56] 104-аят. Олар үмит қылмаған нəрселер түрине шейитлик ҳəм жəннет неъматлары киреди.
[57] 105-аят. Туъма ибн Убайриқ өз қоңсысы Қатода ибн Нуъманның саўытын урлап, Зайд ибн Самин деген бир яҳудийдиң үйине алып барып, жасырып қояды. Саўытты ун салынған қаптың ишине салып киятырғанда қапшықтың тесигинен ун төгилип барады. Саўыттың ийеси Туъмадан шубҳаланып, саўытты сорағанда ол мойнына алмай ант ишеди. Төгилген ун бойынша барғаннан кейин, саўытты Зайдтың үйинен табады. Соралғанда ол саўытты Туъма қойып кеткенин айтады. Буған басқа яҳудийлер де гүўалық береди.
[58] 106–107-аятлар. Бул саўытты урлаған Туъманың қəўими – Бани Зафар адамлары урлық əшкара болғаннан кейин Расулуллаҳтың (а.с.) алдына келип, Туъманы қорғап, ақлап жибериўди қатты өтинеди. Егер ақламаса, бир яҳудий ақланған, ал мусылманның аты қара болып қалыўын түсиндиргенде Пайғамбар (а.с.) саўытты урлаған Туъманы қорғап, ақлаўға ҳəрекет қылған пайытлары усы аят нәзил етилген.
Расул (а.с.) Туъманы азат етип, саўытты үйинде сақлаған яҳудий Зайд ибн Саминге дүрре урыўды буйырмақшы болып турғанда Аллаҳ таала ўаҳий менен жазаны тоқтатады ҳəм жол қойған усы кишкене қəтеси ушын Пайғамбарды (а.с.) кеширим сораўға буйырады.
Расул (а.с.) қайсы айыбы ушын кеширим сораўы лазым болды? Тасаўўыфта мынадай ҳикметли нақыл бар: «Əпиўайы солиҳ адамлар (аброрлар)дың саўаплы ислери уллы (муқарраб) адамлардың гүна ислери менен тең». Демек, пайғамбарлар, əзиз-əўлийелер киби Аллаҳға жақын адамлардың əпиўайы, кишкене қəте-кемшиликлери де басқа мусылманлардың үлкен гүналары менен тең есапланады екен. Олар əпиўайы солиҳ адамлар ислеп жүрген саўаплы əмеллерден басқа қосымша ибадат, қайыр-иҳсан, сабыр-тақатлы болыў, жəбир-зулымлықларға шыдам бериў пазыйлетлерине де ийе болыўы шəрт екен (Мд. Хз. Абс.).
[59] 115-аят. «Мөминлер жолы» дегенинен «Ижмаъ» шәрияттың үшинши дереги екени белгили болады (Мд.).
[60] 116-аят. Ақоид бойынша мусылман адам үлкен бе, киши ме, гүна қылса, кəпир болмайды, ал гүнакар болады. Ал, гүнаны кешириў яки кеширмеў Аллаҳтың ықтыярында. Кеширилмейтуғын гүна – бул ширк ҳəм күпир. Бул аят усы ақыйдалық мəселеге тийкар болады.
[61] 117-аят. Араб қəўимлери бут-сəнемлерди Аллаҳтың қызлары, деп атайтуғын еди.
[62] 119-аят. «Ҳайўанлардың қулақларын кесиў» дегенде бизиң аймағымыздағы кесиўлер емес, ал арабларда енгизилген ески əдет нəзерде тутылған. Олар түйениң бесинши баласы еркек туўылса, ана түйени «Баҳийра» деп атап, қулақларын кесип яки тесип ҳəм оны жумсамай босатып жибереди екен.
«Аллаҳтың жаратқанын өзгертиў» дегенде еркеклик ҳəм ҳаяллық жынысларын, пишин ҳəм келбетти өзгертиў, адамзатты пишиў яки Аллаҳтың дини – Исламда көрсетилген ҳадалды ҳарам, ҳарамды ҳадал деп өзгертиў сыяқлылар киреди. Шәрият айырым материаллық мəплерди нәзерде тутып, ҳайўанларды пишиўге руқсат берген (Мд.).
[63] 123-аят. Бул аяттағы жаманлық қылыўшылар дегенде мушрик ҳəм кəпирлер нəзерде тутылған. Себеби, қыямет күни дос та, жəрдемши де таба алмайтуғынлар, делингенде мудамы солар нəзерде тутылады. Ал, мөминлер ҳаққында кейинги аятта баян етиледи.
[64] 124-аят. Аятта Матуридия тəлиматына тийисли «Ийгиликли əмеллер ийман қурамына кирмейди» деген исеним түсиниги ушын тийкар болатуғын мазмун бар (Мд.).
[65] 125-аят. Аллаҳ таала Өзиниң ҳақыйқый ҳəм илаҳий динине Қураны кəримде тийкарынан Ибраҳимниң (а.с.) «ҳаниф» динин мысал етип келтиреди. Себеби, Ибраҳим (а.с.) ширкке тийкарланған бəрше жалған динлерди инкәр етип, таўҳидке тийкарланған «ҳаниф», яғный ҳаққа бейим динге қатты əмел қылған. Сонлықтан, Аллаҳ оны Халилим, яғный достым деп атаған. Ал, бул – уллы мəртебе. Уллы пайғамбарлардың бир нешеўинде усындай атақлар бар. Мəселен, Адам сафиюллаҳ, Нуҳ набиюллаҳ, Муўса калимуллаҳ, Исмайыл забиҳуллаҳ, Ийса руўхуллаҳ, Муҳаммад ҳабибуллаҳ. Ҳəдиси шәрийфте айтылады: «Ибраҳим (а.с.) миймандос, көп сəлемли ҳəм көп намаз оқыйтуғын болғаны ушын Аллаҳ таала оны достым деген». Ибраҳимниң (а.с.) өзине Аллаҳ таала ўаҳий арқалы «Сени өзиме дос тутынғанымның себеби, сен алыўды емес, бериўди жақсы көриўиң ҳəм адамлардан ҳеш нəрсе тиленбеўиңнен», деген. Буннан басқа рəўиятлар да бар (Мд.).
[66] 128-аят. Аллаҳ таала инсанға «нəпси» деп аталыўшы бир тəбиятты берип қойған, ол тек рəҳəт, жеке мəпти тартады, сықмарлық, қызғаныш, көре алмаў сыяқлы унамсыз сыпатлар онда топланған. Инсан пүткил өмиринде өз нəпси менен гүресип өтеди. Усы гүреси себепли сый-саўап ҳəм мəртебелерге ериседи. Аятта нəпсиниң ең жаман тəреплеринен бири бул сықмарлық болып, ол шаңарақтағы жəнжеллердиң тийкарғы себеби етип көрсетилмекте. Мине, усы сықмарлықты жеңген адам шаңарақта да, турмыста да пəраўанлыққа ериседи.
[67] 129-аят. Муаллақа – сөзликтеги мәниси ҳаўада қалқып турған нәрсеге айтылады. Бул жерде аўыспалы мәниде келген болып, ер адам ҳаялларынан бирине улыўма итибар да, руқсатын да бермей, жипсиз байлап қойылған ҳаяллар нәзерде тутылған. Шәриятта бундай қылыў қатты қараланады.
[68] 130-аят. Қандай да бир себеп пенен турмысы бузылған ерли-зайыплар ушын бул аят тəселле береди. Себеби, Аллаҳ таала сондай ҳалатқа түскенлерге Өзиниң сақыйлығы менен затлай ҳəм мəнаўий жақтан тəмийинлеўди ўəде қылмақта.
[69] 131-аят. Қураны кəриймниң жүдə көп аятларында Аллаҳ таала өзиниң бай екенин, ҳеш нəрсеге қəжети түспейтуғынын, ал оған басқалардың итияжы мудамы түсип туратуғынын айтады. Тақўа ҳəм ибадатларға буйырыўы да ӨӨзиниң итияжы себепли емес, ал инсанлардың мəпи ушын. Пүткил дүнья халқы күпирге өтип кеткен жағдайда да оған ҳеш қандай зыян жетпейди.
[70] 135-аят. Гүўалық бергенде өтирик сөйлеп, жалған гүўалық бериў яки билип турып, гүўалық бериўден бас тартыў үлкен гүналардан есапланады. Ҳəдиси шәрийфте: «Гүўалардың жақсысы – шақырылмай турып гүўалық беретуғыны» делинген (Мс. Аҳ.).
[71] 137-аят. Аяттағы ийман менен күпир арасында болғанлар дегени Бани Исрайыл қəўими болып, олар Муўсаға (а.с.) ийман келтиргеннен кейин ол жоқ ўақытта, бузаўға сыйынып кəпир болған. Соң жəне Муўсаға (а.с.) ийман келтирип, кейинирек Ийсаны (а.с.) инкәр етип, кəпир болған. Соң Муҳаммадты (а.с.) инкәр етип, күпирлерин зияда қылған. Аяттың басқаша тәфсири де бар. Яғный, олар – еки жүзлилер болып, сыртынан мусылман, ал кеўиллеринде күпирлери ҳәр демде зыяда болып турар еди (Мд.).
[72] 139-аят. Араб тилинде «иззет» сөзи «күш-қуўат, қүдирет» мəнилеринде келеди. Ал, «изз» сөзи, қарақалпақ тилиндеги «иззет, абырай» мəнилерин аңлатады.
[73] 140-аят. Бул қадаған етиў мусылманларға Мәккәда жасап атырған пайытлары нәзил болған еди. Мадинаға келгеннен кейин де ол ескертип қойылмақта.
[74] 141-аят. Яғный, еки жүзлилер саўашта мусылманлар жеңсе де, кəпирлер жеңсе де, олжа алыўға ҳəрекет ететуғын еди. 146-аятқа шекем еки жүзлилер ҳаққында мағлыўмат берилген. Еки жүзли, бул ислам дининде тек тилинде ғана ийман келтирип, мусылманлар ишинде жүретуғын, ал кеўлинде ийман келтирмей, күпирге садық қалған кимсе есапланады. Мусылман адам егер адамлар менен қылған мəмилелеринде мал-дүнья арттырыў мақсетинде хошаметгөйлик қылып жүрсе де оны еки жүзли деп атаўға болмайды. Себеби, мусылман адамды еки жүзли деў мушрик яки кəпир дегеннен де аўыр сөгис. Тилекке қарсы, əдетте бийпəрўалық қылып, бул сөгисти мусылманларға қолланыўшылар да бар.
[75] 142-аят. Аллаҳтың «алдап қойыўы» – оларды бул дүньяда сырларын ашып шерменде қылмай ҳəм қылмысларына жараса жаза бермей ақыретке қалдырыўы. Балағат (риторика) илими қағыйдасы бойынша, Аллаҳ таалаға бир унамсыз сыпат берилсе, бул əлбетте, астарлы мəниде айтылған болып, оның хақыйқый мəниси алынбайды, ал Аллаҳтың əзелий сыпатларына минəсип мəниде түсиниледи. Бул аятта да алдаўшы адамның жеңимпазлығы нəзерде тутылып, Аллаҳға да усы сөз қолланылған. Ҳақыйқатында, Ҳақ таала ҳеш кимди алдаўы мүмкин емес (Ақ.).
[76] 148-аят. Яғный, сөккен адамды сөгиў мүмкин. Тек оннан асырып жибермеў шəрт. Егер сөккен адамға қарсылық қылмай, кеширсе, бул пазыйлет есапланады. Әбиў Бәкир Сыддық (р.з.) Пайғамбарымыз (а.с.) бенен бирге отырған пайытлары бир бийзары адам келип, оны сөге берди. Бираз тынышлық сақлап, соң сөгиске жараса қарсы жуўап береди. Сонда Расул (а.с.) орнынан турып, басқа жаққа кетеди. Себебин сорағанда Әбиў Бәкирге қарап: «Сени сөгип атырған адамға тынышлық сақлап турғаныңда сениң орныңа бир периште жуўап қайтарып турған еди. Қарсы жуўап бере баслағаннан кейин периште кетип, орнына шайтан келди. Соның ушын мен турып кеттим» – деген екен. Бул аяттың нәзил болыўына усы ўақыя себеп, – делинген (Хз.).
[77] 152-аят. Ҳəдиси шәрийфте китап ийелери Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болғаннан кейин өзлериниң пайғамбарлары – Муўса ҳəм Ийса (а.с.)ларға ийман келтиргенлериндей оған да ийман келтирсе, еки есе сый-саўапқа ийе болатуғыны айтылған.
[78] 154-аят. «Шемби күни» ҳаққындағы ўақыя менен танысыў ушын «Бақара» сүреси, 65, «Ниса» сүреси, 47-аятлар тәфсирине қаралсын.
[79] 156-аят. Мәрьямға олар Ийсаны турмысқа шықпай туўғаны ушын зинакәр, деп дөҳмет қылған.
[80] 157-аят. Ийсаға (а.с.) «Масийҳ» лақабы берилиўи себепли – Жәбрайыл (а.с.) берекет тилеп оны сыйпалап қойған. Екинши тәфсири сол, герең, сақаў, соқыр, пес адамларды қоллары менен сыйпалап қойса, дəрҳал шыпа табатуғын еди. Себеби, «Масийҳ» сөзи араб тилинде «сыйпаланған» ҳəм «сыйпалаўшы» мəнилерин билдиреди. Яҳудийлердиң бир жəмəəти Ийса менен Мәрьям (а.с.)ларды сөккенде Ийса (а.с.) оларды нəлетлеп ғарғайды. Олар шошқа ҳəм маймылларға айланып қалады. Соннан кейин қалған яҳудийлер Ийсадан (а.с.) өш алыў мақсетинде оны өлтириўге қарар етеди. Аллаҳ таала олардың қастыянлығын билдирип, оны аспанға көтеретуғынын айтады. Ийса (а.с.) ҳаўарийлерге, ким мениң келбетиме кирип өлтирилиўге разы болса, оған жəннет анық, – дейди. Олардан бири буған разы болғаннан кейин, өлтириледи. Басқаша тәфсири сол, ҳаўарийлердиң ишинде бир еки жүзли адам болып, сол адам душпанларды баслап Ийсаның (а.с.) үйине алып келеди. Сол пайытта Аллаҳ таала Ийсаны аспанға көтерип, еки жүзлини оның келбетине киргизип қояды. Оны асып өлтиреди. Соннан баслап яҳудийлер де, насранийлер де оны өлтирилген деп исенип келеди (Мд.).
[81] 164-аят. Атақлы саҳабалардан Əбиў Зарр (рз.) бир күни Расулуллаҳтан өтмиште неше нəбий ҳəм расул өткен, деп сорайды. Ол айтады, 124000 пайғамбар өткен болып, олардан 313 и расул (китап яки бет түсирилген пайғамбар), қалғаны нəбий, яғный китапсыз пайғамбарлар. Бириншиси – Адам (а.с.), ақырғысы сизлердиң пайғамбарыңыз – Муҳаммад (а.с.). Ҳуд, Солиҳ, Шуайб ҳəм Муҳаммад араблардан. Аяттан белгили болғанындай, өткен бəрше пайғамбарларды атпа-ат билиў бизлер ушын шəрт емес екен. Кери жағдайда олардың атлары Қуранда яки ҳəдислерде толық баян етилген болар еди. Бирақ, өткен барлық пайғамбарларды ҳақыйқый болған деп ийман келтириў шəрт (Мд.).
[82] 171-аят. «Илаҳлар – үшеў» деўинде еки түрли тәфсир бар. Бириншиси – «Аллаҳ, Мәрьям, Ийса» демекши болған. Екиншиси – «Ата, ул, муқаддес руўх» тан ибарат үш иконаға тийисли ақыйдалар есапланады. Əкеден – нəсил, улдан – илим, муқаддес руўхтан – өмирди нəзерде тутқан (Қз).
Бул аят насранийлердиң тийкарғы бузылған ақыйдаларына пүткиллей қарама-қарсы болып, бунда олардың Аллаҳ ҳəм Ийсаның абырайына тоқыған жалғанларына кескин қарсы пикир берилген. Демек, Ийса (а.с.) Аллаҳтың улы емес, ал бендеси ҳəм пайғамбары, Мәрьям да Аллаҳтың ҳаялы емес, бир солиҳа бенде. Ийсаның (а.с.) «Аллаҳтың кәлиймасы» деп аталыў себеби ол Аллаҳтың «Кун!», яғный «Бол!» деген сөзи себепли дүньяға келгени яки оған айтылған сөз бенен ҳидаятқа жоллаў керек болғаны ушын (Хз.Мд.).
«Оның тəрепинен келетуғын руўх» сөзин туўры аңлаў ушын усы рəўият пенен танысыў лазым. Ҳарун ар-Рашид алдында хызмет қылып атырған бир насраний бала төмендеги аятты еситип: «Қураныңызда Ийса Аллаҳтың руўхынан пайда болғаны туўралы аят бар екен», – дегенинде сарай уламаларынан Әлий ибн Ҳусейин ибн Ўақид аяттың мазмуны «Ийса Аллаҳ жаратқан руўх» деп түсиник берген екен (Мд.).