Қураны кәрийм аўдармасы

Инфитор

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Аспан жарылғанда,

2. жулдызлар (ҳәр тәрепке) шашылғанда,

3. теңизлер қосылғанда,

4. қәбирлер төңкерилгенде (қыямет болғанда),

5. (ҳәр бир) жан (дүньяда) қылып өткен ҳәм қалдырған (ҳәмме) нәрселерди (әмеллерин) биледи!

6. Ҳәй инсан! Ҳүрметли Рәббиңе (ибадат қылма, деп) сени алдап қойған нәрсе не?!

7. Ол сени жаратып, соң (бәрше ағзаларыңды) тиклеп кейин (қәдди-қәўметиңди) тегислеп қойды.

8. Ол сени Өзи қайсы көринисти қәлеген болса (сол көринисте) пайда етти ғой!

9. Яқ! Бәлким, сизлер жазаны (қыяметти) жалғанға шығарып атырған шығарсыз.

10. Сизлердиң үстиңизде (бәрше сөзиңиз ҳәм исиңизди) ядлап турыўшы (периштелер) бар.

11. (Олар әмел китапларға) жазып турыўшы ҳүрметлилер.

12. (Олар) сизлер қылып атырған ислерди биледи.

13. Әлбетте, жақсылар (мөминлер) – неъматта (жәннетте).

14. Ал, бузық ис қылыўшылар (кәпирлер) – дозақта.

15. Олар жаза күни ол жерге киреди.

16. Оннан (дозақтан) ғайып болыўшы (қутылыўшы) емес.

17. (Ҳәй Муҳаммад!) Жаза күниниң не екенин сен қаяқтан билесең?

18. Соң, (және) жаза күниниң не екенин сен қаяқтан билесең?

19. Сол Күни ҳеш бир жан (басқа) бир жан ушын бир нәрсе қылыўға (жәрдемге) ийе болмайды. Ол Күни ҳәмме ис Аллаҳға (тийисли).



[1] 82. ИНФИТОР СҮРЕСИ

«Инфитор» – жарылыў. Бул жерде аспанлардың жарылыўы, яғный қыяметтеги жүз беретуғын ҳәдийселерден айырымлары бул сүреде келтириледи. Онда ақыретте инсан өзи қылған жақсы-жаман әмеллеринен соралыўы, бул дүньяда қылынатуғын ҳәр бир ис-ҳәрекет инсанның әмел китабына периштелер тәрепинен жазылып турыўы ҳәм жаза күни ҳаққында мағлыўматлар бар.