1. Аспанлар ҳәм Жерди жоқтан бар қылған, периштелерди еки, үш, төрт қанатлы елшилер қылған Аллаҳға ҳамд болсын. Ол жаратқан нәрселеринде қәлеген нәрсени зыяда қылады. Әлбетте, Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге Қәдир[2].
2. Аллаҳ адамларға қайсы мийримди ашса (жоллап қойса), кейин оны тутып қалыўшы болмайды. Ол нени тутып қалса, соң (ол) нәрсени Оннан кейин (бенделерге) жибериўши болмайды. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
3. Ҳәй адамлар! Аллаҳтың сизлерге (берген) неъматларын еслең! Сизлерге аспан ҳәм Жерден ырысқы беретуғын Аллаҳтан басқа жаратыўшы бар ма? Оннан өзге илаҳ жоқ. Енди (туўры жолдан) қаяққа бурылып кетип баратырсыз?!
4. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер олар (мушриклер) сени өтирикши қылса, ҳақыйқатында да, сеннен алдын да Пайғамбарлар өтирикши қылынған. (Бәрше) ислер Аллаҳға қайтарылады.
5. Ҳәй адамлар! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ. Солай екен, дүнья өмири сизлерди алдап қоймасын! Және сизлерди алдаўшы (шайтан) Аллаҳ (кеширеди деген гәп) пенен алдап қоймасын![3]
6. Әлбетте, шайтан сизлерге душпан. Демек, оны душпан тутың! Ол өз топарын (өзине ергенлерди) тек дозақ ийелери болыўға шақырады.
7. Күпир келтиргенлерге (ақыретте) қатты азап бар. Ал, ийман келтирип, ийгиликли ислерди ислегенлерге кеширим ҳәм үлкен сыйлық бар.
8. (Қылған) жаман иси өзине зийнетлеп көрсетилип, оны гөззал (ис) деп ойлаған адам (ҳидаят тапқан киби бола ма)?! Әлбетте, Аллаҳ Өзи қәлегенин адастырады, Өзи қәлегенин ҳидаят қылады. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Олар ушын ҳәсирет шегип жаныңыз (шығып) кетпесин. Әлбетте, Аллаҳ – олардың не қылып атырғанын Билиўши.
9. Аллаҳ самалларды жиберип, олар бултты қозғағанда, Биз оны «өли» үлкеге айдаймыз ҳәм оның менен жерди «өлип» жатқанынан кейин «тирилтемиз». (Қыяметте қайта) тирилиў де соған уқсайды[4].
10. Ким иззетти қәлесе, онда ҳәмме иззет Аллаҳтики[5]. (Ҳәр бир) жағымлы сөз Оның алдына шығады ҳәм ийгиликли исти (Аллаҳ Өз алдына) көтереди. Жаманлықлар менен ҳийле қылатуғынлар ушын қатты азап бар. Әне солардың ҳийлеси бийкар болады.
11. Аллаҳ сизлерди (Адамды) топырақтан, соң (оның нәсилин) нутфадан жаратып, кейин сизлерди жуп-жуп (еркек-ҳаял) қылып қойды. Қайсы бир ҳаялдың еки қабат болыўы ҳәм туўыўы, тек Оның илими менен болады. Ҳәр бир жасаўшыға өмир берилиўи ямаса оның өмириниң қысқартылыўы, әлбетте, Китапта (Лаўҳул-маҳфузда) бар. Әлбетте, бул – Аллаҳға аңсат.
12. Еки теңиз (суўы)[6] тең болмайды. Бунысы – татлы, душшы, ишилиўи аңсат. Ал, онысы – дузлы, шор. Сизлер ҳәр биринен таза гөш (балық) жейсиз ҳәм тағатуғын зийнет шығарып аласыз. Оның (Аллаҳтың) кеңшилигинен (ырысқысынан) талап етиўиңиз ушын онда жарып кетип баратырған кемелерди көресиз. Қәнекей, (сонда неъматлары ушын Аллаҳға) шүкир қылсаңыз.
13. Ол (Аллаҳ) түнди күндизге, күндизди түнге киргизеди. Ол Қуяш ҳәм Айды да (сизлер ушын) бойсындырып қойыпты. Ҳәр бири белгиленген мүддетке шекем жүреди. Әне сол Аллаҳ – сизлердиң Рәббиңиз. Мүлик тек Оныки. (Ҳәй мушриклер!) Оннан басқаға илтижа қылып атырғаныңыз қурма дәнесиниң қабыршағы (қурақымы)на да ийе емес.
14. Егер сизлер оларды шақырсаңыз, шақырығыңызды еситпейди. Егер еситсе де, сизлерге жуўап бере алмайды. Қыямет күни ширклериңизди инкәр етеди. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған хабардар (Аллаҳ)ға уқсап (ҳеш ким) хабар бере алмайды.
15. Ҳәй адамлар! Сизлер Аллаҳға мүтәжсиз. Ал, Аллаҳтың Өзи – Бийқәжет, Мақталған.
16. Егер Ол қәлесе, сизлерди (Жер бетинен) кетирип, (орныңызға) таза бир халықты әкеледи.
17. Бул (ис) Аллаҳ ушын қыйын емес.
18. (Қыямет күни) ҳеш бир көтериўши (гүнакар) басқа (инсан)ның жүгин (гүнасын) көтере алмайды. Жүги аўыр жан өз жүгине (гүнасын көтериў ушын басқаны) шақырса, ол (шақырылыўшы) жақын ағайин болса да, оннан ҳеш бир нәрсе көтерилмейди[7]. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен тек Рәббисинен көрмей турып қорқатуғын ҳәм намазды кәмил оқыйтуғынларды ғана ескерте аласаң. Ким (гүнасынан) пәкленсе, ол тек өзи ушын пәкленеди. Қайтыў тек Аллаҳға.
19. Соқыр (кәпир) менен көриўши (мөмин) тең болмайды.
20. Қараңғылықлар (күпир) менен нур (ийман)да,
21. сая менен ыссы да (жәннет пенен дозақ та тең болмайды).
22. Тирилер (мөминлер) менен өлилер (кәпирлер) де тең болмайды. Әлбетте, Аллаҳ қәлеген адамға (қулақларына) еситтиреди. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен қәбирлердеги адамларға (қәлби өлгенлерге гәплериңди) еситтире алыўшы емессең[8].
23. Сен тек ескертиўшисең.
24. Әлбетте, Биз сени ҳақ пенен (дин менен) хош хабаршы ҳәм ескертиўши етип жибердик. Ҳәр бир үммет ишинде (де), әлбетте, ескертиўши (пайғамбар) өткен.
25. Егер сени (мушриклер) өтирикши қылса, онда (билиң), олардан алдын өткенлер де (пайғамбарларды) өтирикши қылған еди, Пайғамбарлары оларға рәўшан мөжизалар, (илаҳий) саҳифалар ҳәм нурлы Китап келтирген болса да.
26. Соң, күпир келтиргенлерди (күпирлери себепли) туттым (жазаладым). Кейин, Мениң инкәрым (азабым) қандай болды?!
27. Аллаҳтың аспаннан суў (жаўын-шашын) түсиргенин көрмедиң бе? Кейин оның менен ҳәр түрли реңли мийўелерди шығардық. Және таўлардан ақ, қызыл ҳәм ҳәр түрли реңлердеги жол-жол ҳәм қап-қаралары бар.
28. Сондай-ақ адамлардан, ҳайўанлардан, шарўалардан (да) реңлери ҳәр түрлиси бар. Бенделери ишинде Аллаҳтан тек алымлары ғана қорқады. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Кеширимли[9].
29. Әлбетте, Аллаҳтың Китабын тиләўат қылатуғын, намазды кәмил оқып, Биз оларға ырысқы етип берген нәрселерден жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылғанлар сирә утылысқа ушырамайтуғын саўдадан (саўаптан) үмитли.
30. Себеби, Ол (Аллаҳ) оларға сыйлықларын толық қылып береди ҳәм Өз кеңшилигинен зыяда да қылады. Әлбетте, Ол – Кеширимли, аз әмел ушын көп саўап бериўши[10].
31. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған ўаҳий қылған Китап (Қуран) – өзинен алдынғы (илаҳий) Китапларды тастыйықлаўшы ҳақыйқат (Китабы). Әлбетте, Аллаҳ – Өз бенделеринен Хабардар, (ислерин) Көриўши.
32. Соң Биз (бул) Китапты Өз бенделеримизден таңлап алғанларымызға (үмметиңизге) мийрас қылдық. Енди олардан (оған әмел қылмай) өзине (гүна қылып,) зулым қылыўшылары бар, олардан орташалары бар ҳәм олардан Аллаҳтың руқсаты менен жақсылықларда озыўшылар да бар[11]. Әне сол (Қуранға мийрасхор болыў) – үлкен кеңшилик.
33. Олар мәңги жасалынатуғын жәннетлерге киреди. Ол жерде алтын билезиклер ҳәм маржанлар менен безетиледи. Ол жерде олардың кийими жипек (болады).
34. (Жәннетке киргенде) олар: «Бизлерден қайғыны кетирген Аллаҳға ҳамд (айтамыз). Әлбетте, Рәббимиз – Кеширимли, аз әмел ушын көп саўап бериўши», – дейди.
35. Ол бизлерди Өз кеңшилиги менен бир (мәңги) мәканға жайластырды, ол жерде бизлерге аўыр мийнет те жетпейди, дәрмансызлық та жетпейди.
36. Ал, күпир келтиргенлерге жәҳәннем оты бар. Оларға ҳүким етилмейди, кейин олар өлсе, олардың үстинен оның (жәҳәннемниң) азабынан жеңиллетилмейди. Ҳәр бир кәпирди усылай жазалаймыз.
37. Олар ол жерде: «Я Рәббимиз, бизлерди (азаптан) шығар – бизлер ислеген әмеллеримизден басқа, ийгиликли ислер қыламыз!» – деп қышқырады. «Сизлерге еслейтуғын адам еслейтуғындай өмир бермеген бе едик?! Сизлерге ескертиўши (пайғамбар да) келген еди ғой! Енди (жазаларыңызды) татың! Залымларға (кәпирлерге) жәрдемши болмайды» (– деп айтылады).
38. Әлбетте, Аллаҳ – аспанлар ҳәм Жердиң ғайыпларын (сырларын) билиўши. Әлбетте, Ол – кеўиллердеги бар нәрселерди де анық билиўши.
39. Ол сизлерди Жерде орынбасарлар қылып қойған. Солай екен, ким күпир келтирсе, оның күпири өзине зыян болады. Кәпирлердиң күпирлери Рәббиси алдында ғәзептен басқаны зыяда қылмайды. Кәпирлердиң күпирлери зыяннан басқаны зыяда қылмайды.
40. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Маған Аллаҳтан басқа илтижа қылып атырған шериклериңиздиң хабарын бериң?! Маған көрсетиң, олар Жер бетинде нени жаратты?! Ямаса олардың аспанлар(ды жаратыў)да шериклиги бар ма?!» – деп айт. Ямаса Биз оларға бир Китап берип, олар оннан бир ҳүжжетке ийе болған ба?! Яқ! Залымлар бир-бирине алдаўдан басқаны ўәде қылмайды.
41. Әлбетте, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди қулап түсиўинен услап турады. Егер олар қулайтуғын болса, Оннан кейин (Оннан өзге) ҳеш ким оларды услап тура алмайды. Әлбетте, Ол – Ҳалийм, Кеширимли.
42. (Мәккә кәпирлери): «Егер оларға бир ескертиўши (пайғамбар) келсе, әлбетте, (оған ерип) ҳәр қандай үмметтен де ҳидаят табыўшырақ болыўы ҳаққында тырысып ант ишти. Кейин ескертиўши (пайғамбар) келгенде, (бул) оларды (ҳидаяттан) және де узақластырды[12].
43. Жер бетинде тәкаббырлық ҳәм (пайғамбарға қарсы) жаман ҳийле қылған ҳалларында (усындай болды). Ал, жаман ҳийле тек ғана өз ийелерин орап алады (набыт қылады). Олар тек алдынғылардың жолларына (жазаларына) ғана интизар болып атыр. Аллаҳтың сүннетине (әлем ушын еңгизген нызамына) сирә өзгерис таба алмайсаң. Аллаҳтың сүннетине сирә алмастырыў таба алмайсаң.
44. Олар Жер бетинде жүрип өзлеринен алдынғы (динсизлердиң) ақыбети қандай болғанына қарамай ма?! Олар (алдынғы динсизлер) булардан (Мәккә мушриклеринен) қуўатлырақ ҳалда еди. Аспанларда да, Жерде де ҳеш бир нәрсе Аллаҳты илажсыз қалдыра алмайды. Әлбетте, Ол – Илимли, Қүдиретли[13].
45. Егер Аллаҳ адамларды қылған нәрселери (гүналары) менен жазаласа, оның (Жердиң) үстинде жанзатты қоймас еди. Бирақ, Ол оларды (жазалаўды) белгиленген мүддетке (қыямет күнине) шекем кешиктиреди. Ал, сол әжели келгенде (билип қойың), әлбетте, Аллаҳ – бенделерин көрип турыўшы.
[1] 35. ФАТИР СҮРЕСИ
«Фатир» сөзи «биринши рет жаратыўшы» деген мәнини билдиреди.
Сүреде Аллаҳтың шексиз илими ҳәм қүдиретине дерек қылыўшы ақылый дәлиллер, периштелер, дүнья ҳәм ақырет, күпир ҳәм ийман, басқыншылық ҳәм басқалар ҳаққында мағлыўматлар бар.
[2] 1-аят. Периштелерди зыядасы менен жаратқаны сыяқлы басқа нәрселерге де Ол қәлегенинше артықлық ҳәм зыядалық инам етеди.
[3] 5-аят. Яғный, сизлерге шайтан Аллаҳтың атынан ўәде қылып: «Гүна ислерди қыла бериң! Ибадат қылыў шәрт емес, Аллаҳ кешириўши» киби сөзлер менен алдап қоймасын! (Мд.).
[4] 9-аят. Яғный, қурғақ жерди жаўынның суўы менен өнимдар ҳалатқа келтиргеннен кейин гиялар өсип шыққанындай Аллаҳ таала да қыяметте өлип, ширип кеткен инсанларды жерден қайта тирилтип шығарыўда Арш астынан жерге арнаўлы жаўын жаўдырады. Усы суўдың тәсиринде жерге сиңип кеткен денелер Аллаҳтың әмири менен гия өнип шыққандай «өнип» шығады (Мд. Қз. ИК).
[5] 10-аят. Аяттың мазмуны – ким дүньяда күш-қуўатлы болыўды қәлесе, Аллаҳға таат-ибадат қылсын, сонда оның тилегени болады. Себеби, дүнья ҳәм ақырет неъматларының ҳақыйқый ийеси Оның өзи есапланады (ИК).
Демек, Оннан қәжетиңди ибадат арқалы сораў лазым.
[6] 12-аят. Бул жерде теңиздиң дузлы суўы менен дәрьяның душшы суўы тең болмайтуғынлығы нәзерде тутылмақта. Әдетте ҳәмме халықлар тилинде де «тағлиб» қағыйдасы бойынша еки бир-бирине уқсас нәрселердиң арасында айырым жақларында үлкен парық болса да бир жыныстай айтылады. Бул әсиресе араб тилинде көп ушырасады. Мәселен, «қамарайн» – Ай менен Қуяш; «Умарайн» – Әбиў Бәкир менен Умар (рз.)лар; «заўжайн» – ерли-зайып ҳәм т.б. Аятта мөмин менен кәпирдиң тең болмайтуғынлығына мысал келтирилген.
[7] 18-аят. Қыямет күни әмеллер тәрезиде тартылғанда жәннетке кириў ушын бир саўап жетпей қалыўы ямаса бир гүнасы артық болып қалыўы мүмкин. Сонда оған ҳеш ким саўабынан бермейди екен. Бул жерде: әке менен бала, ерли-зайып яки басқа ағайинлер арасында да мийрим-шәпәәт болмай, ҳәмме өзиниң пайдасын ойлап қалатуғын Күн (қыямет) ҳаққында ескертилмекте.
[8] 22-аят. Аллаҳ таала әзелден ким ҳидаят жолына кирип, ийман келтиреди, ким күпирде қалады, ҳәммесин билген. Соның ушын да көп аятларда оларға ҳәр қанша ҳақ гәпти түсиндирмекши болсаңыз да түсинбейди, ийман келтирмейди, деп ғайыптан хабар берип турады. Бирақ, Расул (а.с.) буннан хабарсыз болғаны ушын оларды ҳидаятқа шақыра береди. Шақырықты қабыл етпейтуғын кәпирлер өлилерге уқсатылмақта (Мд.).
[9] 28-аят. Аллаҳтың заты ҳәм сыпатлары, қүдирети ҳәм ҳикметлерин қанша көп билсе, сонша көп Оннан қорқады.
[10] 30-аят. Аллаҳтың шүкир қылыўы аз ғана саўаплы ис ушын көп сыйлық инам етиўи есапланады.
[11] 32-аят. Усы аят Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ийманлы үмметлери ушын жүдә үлкен хош хабар есапланады. Себеби, бул жердеги үш түрли топар адамлары ҳәммеси жәннетке кириўи ўәде қылынып атыр. Ҳәдисте: «Жақсылықларда озып кетиўшимиз жәннетке алдынырақ киреди, орташа әмел қылыўшымыз – дозақтан қутылыўшы. Өзине зулым қылыўшымыз – гүналары кеширилиўши» – делинген. Басқа бир ҳәдисте: «Әмелде озып кетиўши жәннетке есап-санақсыз киреди, орташа әмел қылыўшы жеңил есап-санақтан кейин жәннетке киреди, ал өзине зулым қылыўшы жәннетке киргизилмей услап турылады, белгили бир ўақыт өткеннен кейин ол үмитсизликке түсейин деп турғанда, Аллаҳ тааланың мийрими менен жәннетке киреди» - делинген.
Имам Әбиў Юсуф раҳимаҳуллаҳ усы 32–35-аятлардың ҳәммеси жәннет әҳли есапланған мөминлер ҳаққында, 36-аят күпир әҳли ҳаққында деп айтқан.
[12] 42-аят. Китап ийелери, яғный яҳудийлер менен насранийлер өзлериниң пайғамбарлары – Муўса ҳәм Ийса (а.с.)ларға күпир келтирип, оларды жалғаншыға шығарған, деген хабарды Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болмастан алдынырақ Қурайш мушриклери еситкен еди. Сонда олар егер бизлерге пайғамбар келсе, оған ийман келтирип, ҳидаят табыўшы үмметлердиң жол басшысы боламыз, деп Аллаҳтың аты менен ант ишкен еди. Бирақ, олар сөзлеринде турмады (Мд.).
[13] 44-аят. Мәккә халқының саўдагерлери қыста Йемен үлкесине, жазда Шам ҳәм Ирак тәреплерге сапар қылып турар еди. Бул үш елде узақ өтмиште күпир ҳәм жынайый ислери себепли Аллаҳтың ғәзебине ушырап набыт етилген үмметлердиң ақыбетлерин таўып көриў имканияты бар еди. Сол ақыбетлерден ибрат алыўға буйырылмақта (Мд.).