Қураны кәрийм аўдармасы

Ҳааққоҳ

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ол –) ҳақыйқатында да болыўшы.

2. (Сол) ҳақыйқатында да болыўшы не өзи?!

3. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да болыўшы не екенин қаяқтан билер едиң?! (Ол – қыямет)

4. Самуд ҳәм Ад (қәўимлери) «қатты соққы бериўши»ни (қыямет күнин) жалғанға шығарды.

5. Кейин, Самуд (Солиҳ пайғамбардың қәўими) ҳәдден асыўшы нәрсе (шақмақ ҳәм гүлдирмама) менен қыйратылды[2].

6. Ал, Ад (Ҳуд пайғамбардың қәўими) жүдә күшли самал менен қыйратылды.

7. Оны (боранды Аллаҳ) олардың үстине жети түн ҳәм сегиз күндиз естирип қойды. Енди ол жердеги қәўимди, (ширип) иши босап қалған қурма ағашының бөренесиндей қулап, өлип жатқанын көресең.

8. Солай екен, сен олардан (биреўиниң болса да) қалғанын көрип атырсаң ба?! (Яқ! Олардың ҳәммеси набыт болды.)

9. Фиръаўн да, оннан алдын өткен (динсиз)лер де, астын-үстин болғанлар (Лут аўылы халқы) да қәте ис етти.

10. Сонда олар Рәббисиниң пайғамбарына бойсынбады. Кейин ҳақыйқатында да, (Аллаҳ) оларды қатты услаў менен тутты (қатты азаплады).

11. Әлбетте, Биз суў тасқанда, сизлерди (Нуҳ пайғамбар соққан) кемеде көтергенбиз.

12. Биз оны сизлерге еслетпе етиў ушын ҳәм аңлаўшы қулақлар аңлаўы ушын (иследик).

13. Енди қашан суўр бир мәрте үпленгенде,

14. Жер ҳәм таўлар (өз орнынан) көтерилип, (бир-бирине) бир мәрте урылғанда,

15. демек, сол Күни Ўақыя (қыямет) болады!

16. Аспанлар да жарылады. Себеби, сол Күни ол (аспан) әззиленип қалады.

17. Ал, периштелер оның (аспанның) әтирапында (Аллаҳтың буйрығын күтип) турады. Сол Күни олардың үстинде Рәббиңниң Аршын сегиз (периште) көтерип турады.

18. Сол Күни (есап-санақ ушын Аллаҳға) жүзлестирилесиз, бир нәрсеңиз де жасырын қалмайды.

19. Сонда өзиниң (әмел) китабы оң тәрептен берилген адам айтады: «Мине, мениң китабымды оқың!

20. Әлбетте, мен есап-санағыма жолығыўыма исенер едим».

21. Енди ол разы болған жасаўда,

22. жоқары жәннетте,

23. мийўелери (үзип алыўшыға) жақын.

24. (Жәннет әҳлине): «Өткен күнлери (дүньяда) ислеген нәрсе (ийгиликли әмел)лериңиз себепли (усы неъматларды) жағымлы иштей менен жеп-ишиң!» (– делинеди).

25. Ал, енди китабы шеп тәрептен берилгенлер (былай) дейди: «Қәне еди, маған китабым берилмесе,

26. есап-санағым қандай екенин билмесем!

27. Қәне еди, сол (биринши өлимим ҳәмме истиң) ақырғысы болса еди!

28. Маған мал-дүньям да пайда бермеди,

29. салтанатым да қыйрады».

30. «(Ҳәй жәҳәннем қорықшылары!) Оны услап кисенлең!

31. Соң оны дозақта күйдириң!

32. Соң узынлығы жетпис гез болған шынжырға салың!

33. Себеби, ол (дүньяда) Уллы Аллаҳға ийман келтирмеген еди,

34. Мискинлерди аўқатландырыўға (өзин ҳәм басқаларды) қызықтырмаған еди.

35. Солай екен, бүгин оған бул жерде бир де дос жоқ.

36. Ириңнен басқа аўқат та жоқ.

37. Оны қәте қылғанлар (кәпирлер) ғана жейди.

38. Ант етемен, сизлер көретуғын нәрселер менен

39. ҳәм сизлер көрмейтуғын нәрселер менен,

40. ол (Қуран) – әлбетте, ҳүрметли елшиниң (Аллаҳтың атынан айтқан) сөзи.

41. Ол бир шайырдың сөзи емес. Сизлер (усы Қуранға) кемнен-кем исенесиз.

42. (Ол) көзи ашықтың сөзи де емес. Сизлер кемнен-кем еслетпе аласыз.

43. Ол – (бәрше) әлемлердиң Рәббисинен түсирилген (Китап).

44. Егер ол (пайғамбар) Бизиң атымыздан (Биз айтпаған) айырым сөзлерди тоқығанда еди,

45. әлбетте, Биз оның оң қолынан услап,

46. соң, әлбетте, оның үлкен тамырын үзип таслаған болар едик.

47. Онда, сизлерден ҳеш ким оннан (пайғамбардан буны) тосып қала алмайды.

48. Әлбетте, ол (Қуран) – тақўалылар ушын еслетпе.

49. Биз сизлердиң араңызда (Қуранды) жалғанға шығарыўшылар бар екенин анық билемиз.

50. Әлбетте, ол (Қуран) – кәпирлер ушын (қыямет күни) ҳәсирет.

51. Әлбетте, ол (Қуран) – анық ҳақыйқат.

52. Солай екен, уллы Рәббиңниң аты менен тасбиҳ айт!



[1] 69. ҲААҚҚОҲ СҮРЕСИ

«Ҳааққоҳ» – ҳақыйқатында да жүз бериўши ўақыя, яғный қыямет дегенди билдиреди.

Сүреде қыямет көриниси, оның басланыўында жүз беретуғын ҳәдийселер, әмел китапларының оң яки шеп тәрептен берилиўи, Муҳаммадтың (а.с.) ҳақ пайғамбар екениниң тастыйығы, Қураны кәриймниң уллы илаҳий Китап екени ҳәм басқа мағлыўматлар бар.

[2] 5-аят. Солиҳ (а.с.)ның қәўими, яғный Самуд қәўими ҳәзирги Саудия Арабстанының Қубла-батыс тәрепиндеги Тайма деп аталыўшы ойпатлыққа туўры келеди. Ол жерде ҳәзирге шекем бутпараз Самуд қәўиминиң естеликлери сақланып қалған.