Қураны кәрийм аўдармасы

Маъариж

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Бир) тилеўши (Назр ибн Ҳарис ямаса басқа кәпирлер) түсетуғын азапты тиледи

2. кәпирлерге (аталған азапты), оны қайтарыўшы (күш) жоқ.

3. Ол (азап) меражлар ийеси болған Аллаҳтан[2]. (Назр Бадр саўашында өлтирилди.)

4. Периштелер ҳәм Руўх (Жәбрайыл) муғдары (қашықлығы) елиў мың жыл болған Күни[3] (қыяметте) Оның алдында көтериледи.

5. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад! Кәпирлердиң азарларына) шырайлы сабыр ет!

6. Себеби, олар оны (қыяметти) узақ деп биледи.

7. Ал, Биз оны жақын билемиз.

8. Ол Күни аспан майдың тортасындай болып қалады.

9. Таўлар (түтилген) жүндей болады.

10. Дос достынан (аўҳал) сорамайды.

11. Олар (бир-бирине) көрсетиледи. Гүнакарлар сол күнниң азабынан (қутылыў ушын) өзиниң балаларын пидә етиўди қәлейди,

12. ҳаялын ҳәм досларын,

13. оны өзине қосқан ағайинлерин

14. ҳәм Жер бетиндеги ҳәмме адамларды (төлем етип берип), соң өзи (Аллаҳтың жәрдеми менен) қутылыўды қәлейди.

15. Яқ! Әлбетте, ол (жәҳәннем) күшли жалын болып,

16. терини сыйырып алады.

17. Ол (ҳақ жолдан) жүз бурып, терис қарап кеткенди (өзине) шақырады.

18. (Байлықты) жыйнап, кейин (жақсы орынларға сарпламай) жасырғанды да.

19. Әлбетте, инсан бийтақат етип жаратылған.

20. Егер оған жаманлық (жарлылық ямаса мүсийбет) жетсе, ол жүдә шыдамсыз болады.

21. Егер оған жақсылық (байлық, саламатлық) жетсе, ол қадаған етиўши (сықмар) болады.

22. Тек намаз оқыўшылар бундай болмаған ҳалларында

23. намазларында даўамлы болады,

24. (тапқан) мал-мүликлеринде (ажыратылған) мәлим ҳақ бар болып, (ол)

25. тиленши ҳәм бийшаралар ушын.

26. Және олар – жаза (қыямет) күнин тастыйықлайтуғынлар,

27. өз Рәббисиниң азабынан қорқатуғынлар.

28. Себеби, Рәббисиниң азабынан (ҳеш кимге) аманлық жоқ.

29. Және олар – өзлериниң әўретлерин (зинадан) сақлайтуғынлар,

30. тек өзлериниң ҳаяллары ҳәм қол астындағылары ондай емес. Әлбетте, олар маламат қылынбайды.

31. Солай екен, ким буннан басқасын (зинакәрлықты) қәлесе, онда олар – шегарадан шыққанлар.

32. Және олар (намазханлар) – (өзлерине исенилген) аманатларын ҳәм (басқалар менен болған) келисимлерин сақлаўшылар.

33. Және олар – өзлери гүўа болғанда туўры (әдиллик пенен) турыўшылар.

34. Және олар – намазларын (ўақтында оқып) сақлаўшылар.

35. Әне солар – жәннетлерде ҳүрметленетуғынлар.

36. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Күпир келтиргенлерге не болды? Сен тәрепке жуўырады

37. оңнан ҳәм шептен топ-топ болып?!

38. Яки олардың ҳәр бири неъматлы жәннетке кириўди дәме ете ме?!

39. Яқ! Әлбетте, Биз оларды өзлери билетуғын нәрседен (бир тамшы мәний суўынан инсан етип) жаратқанбыз!

40. Солай екен, Шығыслар ҳәм Батыслар Рәббиси менен ант етемен, әлбетте, Биз қәдирмиз

41. (олардың орнына) олардан жақсысын алмастырып қойыўға. Бизден (бул исте) озып кетилмейди.

42. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Оларды қойып қой. Олар өзлерине ўәде етилген Күнге жолыққанша (пуш ойларына) сүңгип, ойнай берсин.

43. Ол Күни олар (сыйыныў ушын) бутларына асыққанларындай, қәбирлеринен асығып шығады.

44. (Сол ўақытта) олардың көзлери қорқыўға толып, өзлерин хорлық қаплап алады. Мине, усы – оларға (дүньяда жасаған ўақытларында) ўәде етилген Күн.



[1] 70. МАЪАРИЖ СҮРЕСИ

«Маъариж» – меражлар, яғный басқышлар, текшелер, зәңгилер.

Сүреде ақырет ҳаққында ескертиў, ол пайытта ҳәр ким өзи ушын жуўап бериўи, инсан еркиниң әззилиги, оны тек ийман ҳәм итаат пенен беккемлеў мүмкин екенлиги ҳәм басқа илаҳий еслетпелер өз сәўлелениўин тапқан.

[2] 3-аят. Меражлар – бул жерде аспан қабатлары яки есиклери.

[3] 4-аят. 50000 санының тәфсирлери:

1. Арштан Жер астына шекем.

2. Әлем жаратылған күннен баслап қыяметке шекем.

3. Кәпирлер ушын қыяметтиң бир күнлик муғдары.

4. Дүнья менен ақырет арасын ажыратып турыўшы бир күн (ИК).

Бул санның буннан да басқа тәфсирлери бар.