Қураны кәрийм аўдармасы

Анкабут

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Мийм.

2. Адамлар «ийман келтирдик», – деп айтыўы менен ғана имтихан қылынбаған ҳалларында қалдырылады, деп ойлай ма?!

3. Ҳақыйқатында да, Биз олардан алдынғыларды (ийманлы адамларды) имтихан қылғанбыз. Солай екен, (усы имтихан менен ҳәм онысыз да) Аллаҳ, әлбетте, (ийманда) садық болғанларды биледи ҳәм (сондай-ақ) өтирикшилерди де биледи.

4. Ямаса жаман ислерди қылатуғынлар Бизден озып кетиўди (қашып қутылыўды) ойлай ма? Буншелли жаман ҳүким шығарады!

5. Ким Аллаҳға жүзбе-жүз болыўдан үмитли болса, онда, әлбетте, Аллаҳтың (белгилеген) пурсаты – келиўши. Ол – Еситиўши, Илимли.

6. Ким жиҳад қылса, тек өзи ушын жиҳад қылады. Әлбетте, Аллаҳ (бәрше) әлемлерден бийқәжет[2].

7. Ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанлардың жаманлық (гүна)ларын, әлбетте, өширемиз ҳәм оларды қылған ислериниң ең жақсысы менен сыйлықлаймыз.

8. Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырдық. (Бирақ,) егер олар сен билмейтуғын нәрсени (бутларды) Маған шерик қылыўыңа буйырса, онда оларға бойсынба! (Бәршеңиз) Маған ғана қайтасыз. Сонда, Мен сизлерге қылған әмеллериңиздиң хабарын беремен[3].

9. Ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларды жақсылар қатарына қосамыз.

10. Және адамлардан, «Аллаҳға ийман келтирдик», деп, кейин Аллаҳтың жолында азарланса, адамлардың бул сынаўын Аллаҳтың азабындай қабыл ететуғынлары да бар. Егер Рәббиң тәрепинен жәрдем келсе, олар: «Әлбетте, бизлер сизлер менен бирге едик», – дейди. Аллаҳ (бәрше) әлемлердиң кеўиллериндеги нәрселерди жақсы билиўши емес пе?!

11. Әлбетте, Аллаҳ ийман келтиргенлерди де жақсы биледи, еки жүзлилерди де жақсы биледи.

12. Күпир келтиргенлер ийман келтиргенлерге: «Бизиң жолымызға ериң, қәтелериңизди бизлер көтерейик», – дейди. Бирақ, олар анаў (мусылман)лардың қәтелеринен ҳеш бир нәрсени де көтериўши емес. Әлбетте, олар – өтирикши.

13. Әлбетте, олар өзлериниң жүклерин де (гүналарын да), ол жүклер менен бирге (басқа) жүклерди де көтереди. Әлбетте, қыямет күнинде өзлери тоқып жүрген (өтирик)лери ҳаққында соралады.

14. Ҳақыйқатында да, Биз Нуҳты өзиниң қәўимине Пайғамбар етип жибердик. Кейин, ол олардың ишинде елиў жылы кем мың жыл турды[4]. Кейин оларды залым болған ҳалларында топан (бәлеси) тутты.

15. Кейин Биз оны ҳәм кеме жолдасларын (топан бәлесинен) қутқардық[5] ҳәм оны (бәрше) әлемлерге ибрат қылдық

16. Ибраҳимди (еслең!) Ол өзиниң қәўимине (былай) деген еди: «Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған тақўа қылың! Егер билсеңиз, бундай қылыўыңыз сизлер ушын жақсырақ.

17. Әлбетте, сизлер Аллаҳты қойып, бутларға ибадат қылып атырсыз ҳәм тек (оларды илаҳлар деп) өтирикти ғана тоқып атырсыз. Әлбетте, Аллаҳты қойып, ибадат қылып атырған нәрселериңиз сизлерге ырысқы бериўге қәдир емес. Солай екен, сизлер ырысқыны Аллаҳтың алдынан излең. Оған ғана ибадат ҳәм шүкир қылың! Сизлер (ақыретте) Оған ғана қайтарыласыз.

18. Егер сизлер (мени) өтирикшиге шығарсаңыз, сизлерден алдынғы үмметлер де (Пайғамбарларды) өтирикшиге шығарған еди. Пайғамбардың мойнында тек (Аллаҳтың буйрықларын бенделерине) ашық-айдын жеткизиў ғана бар», – деди.

19. Аллаҳ жанзатты ең дәслеп қалай жаратқанын, соң оны (қыямет күнинде жаратқан нәрсесин) қайтарыўын ойлап көрмеди ме?! Әлбетте, бул Аллаҳ ушын аңсат.

20. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Жер бетин айланың ҳәм жанзатларды (Аллаҳ) ең дәслеп қалай жаратқанына қараң! Кейин Аллаҳ (қыяметте) ақырғы жаратылысты пайда қылады[6]. Әлбетте, Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге қәдир», – деп айт.

21. (Аллаҳ) қәлегенин азаплайды, қәлегенине рейим қылады. (Ақыретте) Оған ғана қайтарыласыз.

22. Сизлер Жерде де, аспанда да (ҳеш кимди) илажсыз қалдырыўшы емессиз. Сизлер ушын Аллаҳтан басқа бир дос та, жәрдемши де жоқ.

23. Аллаҳтың аятларына ҳәм Оған жолығыўға күпир келтиргенлер, әне солар Мениң мийримимнен үмитсиз болады ҳәм солар ушын аўыртыўшы азап бар.

24. Кейин (Ибраҳимге) қәўиминиң жуўабы: «Оны өлтириң ямаса отқа жағың!» – дегеннен басқа нәрсе болмады. Сонда, Аллаҳ оны оттан қутқарды. Әлбетте, бунда ийман келтиретуғын қәўим ушын ибратлар бар.

25. (Ибраҳим): «Сизлер, әлбетте, дүнья өмириндеги өз ара дослығыңызды деп, Аллаҳты қойып, бутларды усладыңыз. Соң, қыямет күни айырымыңыз (басшыларыңыз) айырымыңызға (ергенлерге) күпир келтиресиз ҳәм айырымыңыз айырымыңызды нәлетлейсиз. Баратуғын жериңиз дозақ ҳәм сизлер ушын жәрдем бериўшилер болмайды.

26. Кейин, оған Лут ийман келтирди[7] (Ибраҳим): «Әлбетте, мен Рәббиме (буйырған тәрепке) ҳижрат қылыўшыман[8]. Әлбетте, Ол – Қүдиретли, Ҳикметли», – деди.

27. Биз оған Исҳақ ҳәм (ақлығы) Яқубты саўға еттик және Пайғамбарлық ҳәм Китапты оның әўладларына (тән) қылдық[9]. Оған бул дүньяда сыйлығын бердик. Әлбетте, ол ақыретте жақсылардан болады.

28. Лут өз қәўимине айтты: «Әлбетте, сизлер сондай бузық ис қылып атырсыз, сизлерден алдын оны әлемлерден ҳеш ким қылмаған еди.

29. Сизлер (ҳаялларды қойып) еркеклерге жақынлық қылыўыңыз ҳәм қарақшылық қылыўыңыз, жыйналысларда қайтарылған ислерди қылыўыңыз рас па?!»[10] (Лут) қәўиминиң жуўабы: «Егер расгөйлерден болсаң, бизге Аллаҳтың азабын әкел», – де­ўден басқа болмады.

30. (Сонда) ол: «Я Рәббим! Маған бузғыншы қәўимлерге қарсы Өзиң жәрдем бер!» – деди.

31. Елши (периште)леримиз Ибраҳимге (перзент көриўи ҳаққында) хош хабарды әкелгенде: «Әлбетте, бизлер мына (Садум деген) аўыл халқын қыйратыўшымыз. Әлбетте, оның халқы зулым қылыўшылардан болды», – деди.

32. (Ибраҳим): «Ол жерде Лут бар ғой?!» – деди. Олар: «Бизлер ол жерде ким бар екенин жақсы билемиз. Бизлер, әлбетте, оны ҳәм оның шаңарағын қутқарамыз. Тек оның ҳаялы ғана (кәпир болғанлығы ушын) қалыўшы (қыйралыўшы)лардан», – деди.

33. Елшилеримиз Лутқа келгенде, ол буннан жаман ҳалға түсти ҳәм олар себебинен жүреги қысылды[11]. Олар айтты: «Сен қорықпа, қапа да болма! Әлбетте, бизлер сени ҳәм шаңарағыңды қутқарыўшымыз. Тек ҳаялың ғана қалыўшы (қыйралыўшы)лардан».

34. Әлбетте, бизлер бул аўылдың үстине, фасықлық (бузықлық) қылғаны себепли, аспаннан азап түсириўшимиз.

35. Ҳақыйқатында да, Биз ақыл жүритиўшилер қәўимине (ибрат ушын) оннан (сол аўылдан) анық белгилер қалдырғанбыз[12].

36. Мадянға олардың ағайини болған Шуайбты (пайғамбар етип жибердик). Сонда ол: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың, ақырет күнинен үмитли болың ҳәм Жер бетинде бузғыншылық етип жүрмең», – деди.

37. Кейин, олар оны (Шуайбты) өтирикшиге шығарды. Сонда оларды бир силкиниў услады ҳәм үлкесинде қыймылдамастан қалды.

38. Ад ҳәм Самуд[13] (қәўимлерин де жоқ қылдық). Ҳақыйқатында да, (бул) сизлерге олардың жасаған (қарабақанаға айланған) жерлери көринип турыпты. Олар көрип-билип турған ҳалларында, шайтан оларға (қылып атырған) әмеллерин зийнетлеп көрсетип, оларды жолдан тосты.

39. Қарун, Фиръаўн ҳәм Ҳаман[14]ды (да жоқ қылдық). Ҳақыйқатында да, Муўса оларға (пайғамбар екенине) ашық-айдын ҳүжжетлер әкелди. Олар Жер бетинде тәкаббырлық қылды ҳәм (бирақ Аллаҳтан) қашып-қутылыўшы болмады.

40. Биз (олардың) ҳәр бирин өз гүнасы себепли усладық. Кейин олардың айырымларының үстине тас жаўдырдық, айырымларын қышқырық услады, айырымларын жерге жуттырдық ҳәм айырымларын (суўға) шөктирдик[15]. Аллаҳ оларға зулым қылыўшы болмады, бирақ олар өзлерине зулым қылды.

41. Аллаҳты қойып, басқаны дослар қылғанлардың мысалы өзине үй қурған өрмекшиге уқсайды, ең тез бузылып кетиўши үй – өрмекшиниң үйи. Қәне, билсе еди[16].

42. Әлбетте, Аллаҳ олардың, Оны қойып, илтижа қылып атырған нәрселерин биледи. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

43. Усы мысалларды Биз адамлар (ибрат алыўы) ушын айтамыз. Бирақ, оларды тек алымлар ғана аңлайды[17].

44. Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди ҳақыйқат пенен жаратқан. Әлбетте, бунда (жаратылыста) мөминлер ушын белги бар.

45. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Китаптан (Қураннан) ўаҳий қылынған нәрсени тиләўат қыл ҳәм намазды кәмил қылып оқы, әлбетте, намаз бузық ҳәм жаман ислерден қайтарады. Әлбетте, Аллаҳтың зикири (бәрше нәрседен) уллы. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизди биледи.

46. (Ҳәй мөминлер!) Сизлер китап ийелериниң зулым қылғанларынан басқалары менен тек жақсы усылда тартысың[18] ҳәм оларға: «Биз өзимизге нәзил етилген нәрсеге (Қуранға) ҳәм сизлерге нәзил етилген нәрсеге (Таўрат ҳәм Инжилге) ийман келтирдик, бизлердиң илаҳымыз ҳәм сизлердиң илаҳыңыз бир ҳәм бизлер Оған (ийман ҳәм итаат пенен) бойсыныўшымыз», – деп айтың.

47. (Ҳәй Муҳаммад!) Сондай-ақ, Биз сизлерге Китап (Қуран) нәзил еттик. Буннан кейин Биз Китап (Таўрат ҳәм Инжил) бергенлер Оған (Қуранға) ийман келтиреди. Әне солардан (Мәккә кәпирлери арасынан) ийман келтиретуғынлары да бар. Бизиң аятларымызды тек кәпирлер ғана инкәр етеди.

48. Оннан алдын ҳеш бир китапты тиләўат қылмас едиң ҳәм қолың менен жазыў жазбас едиң. Егер сондай болғаныңда бийкар жүрген (яҳудий ҳәм насраний)лер, әлбетте, шубҳаға түскен болар еди[19].

49. Яқ! Ол (Қуран) – илим берилгенлердиң кеўлиндеги ашық-айдын аятлар. Бизиң аятларымызды тек залымлар ғана инкәр етеди.

50. Олар: «Оған Рәббисинен мөжизалар нәзил қылынса еди», – деди. Сен: «Мөжизалар Аллаҳтың алдында. Ал, мен тек ғана ашық-айдын ескертиўшимен», – деп айт.

51. Оларға Бизиң саған өзлери ушын тиләўат етилип атырған усы Китапты нәзил еткенимиз жетпей ме?! Әлбетте, бунда (Китапта) ийман келтиретуғын қәўимлер ушын мийирманлық ҳәм еслетпе бар.

52. Сен: «Мен ҳәм сизлердиң арамызда Аллаҳ таала жетерли гүўа. Ол аспанлар ҳәм Жердеги бар нәрсени биледи. Жалған нәрсеге (бут ҳәм сәнемлерге) ийман келтирип, Аллаҳға күпир келтиргенлер, әне солар – өзлери (ақыретте) зыян көриўшилер!» – деп айт.

53. Олар сеннен азапты тезлестириўди талап етеди. Егер белгиленген мүддет (қыямет) болмағанында, әлбетте, оларға (дәрриў) азап келген болар еди. (Келгенде де,) әлбетте, ол (азап) оларға олар сезбеген ҳалларында бирден келеди.

54. Олар сеннен азапты тезлестириўди талап етеди. Әлбетте, жәҳеннем – кәпирлерди (өз қойнына) қамтып алыўшы.

55. Ол Күни азап олардың үстинен ҳәм аяқларының астынан орап алады ҳәм (Аллаҳ): «(Дүньяда) ислеп жүрген әмеллериңиздиң (жазасын) тартың!» – деп айтады.

56. Ҳәй ийман келтирген бенделерим! Әлбетте, Мениң Жерим кең[20]. Буннан кейин Маған ғана (ийман ҳәм ықлас пенен) ибадат қылың!

57. Ҳәр бир жан – өлимди (ашшысын) татып көриўши. Соң (қыямет күни) Бизге қайтарыласыз[21].

58. Ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларды жәннетте астынан дәрьялар ағып турған бөлмелерге жайластырамыз. Олар ол жерде мәңги қалады. (Жақсы) әмел қылыўшылардың (қыямет күни алатуғын) сыйлығы қандай жақсы!

59. Олар – сабыр еткен ҳәм Рәббисине ғана тәўекел қылатуғынлар.

60. Өзиниң ырысқысын көтере алмайтуғын (таба алмайтуғын) қаншадан-қанша жанзатлар бар. Оларға да, сизлерге де Аллаҳ (Өз ғәзийнесинен ҳәр түрли жоллар менен) ырысқы береди. Ол – Еситиўши, Илимли.

61. Егер сен олардан: «Аспанлар ҳәм Жерди ким жаратқан, Қуяш ҳәм Айды ким бойсындырған?» – деп сорасаң, олар: «Аллаҳ», – дейди. Солай екен, қаяққа бурылып кетип баратыр?!

62. Аллаҳ бенделеринен Өзи қәлегениниң ырысқысын кең қылып қояды. Қәлегениниң ырысқысын тар қылып қояды. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсени Билиўши.

63. Егер сен олардан: «Аспаннан суў (жаўын-шашын) түсирип, оның менен өлген жерди тирилткен ким?!» – деп сорасаң, әлбетте, олар: «Аллаҳ», – дейди. Сен: «Аллаҳға ҳамд болсын!» – деп айт. Яқ! Олардың көпшилиги ақыл ислетпейди.

64. Бул дүнья өмири тек (азғана) ойын-күлки. Егер билсе, ақырет үлкеси, әне сол – ҳақыйқый өмир.

65. (Олар) кемеге минсе (шөгип кетиўинен қорқып) Аллаҳға, Оның динине ықлас қылған ҳалда дуўа қылады. Кейин (Аллаҳ оларды қурғақлыққа шығарып) қутқарған ўақытта, бирден ширк келтиреди.

66. (Ҳәзирше) олар Биз берген нәрселерге (неъматларға) нашүкирлик қыла берсин ҳәм (усы дүньядағы өмирден) «пайдаланып» қалсын! Енди жақында (ҳақыйқатты) билип алады.

67. Олар өзиниң әтирапларындағы адамлар қырғынға ушырап турған ўақытта, Биз (Мәккәны) тынышлық ҳәреми қылып қойғанымызды көрмеди ме?! Олар наҳаққа ийман келтирип, Аллаҳтың неъматларын (исламды) инкәр ете ме?!

68. Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқыған ямаса өзине келген ҳақты (Қуранды) жалғанға шығарған адамнан да залымырақ адам бар ма?! Кәпирлерге жәҳеннемде орын бар емес пе?!

69. Биз ҳаққымызда (жолымызда) тырысқанларды, Биз, әлбетте, Өз жолымызға баслаймыз. Әлбетте, Аллаҳ шырайлы ис қылыўшылар менен бирге!



[1] 29. АНКАБУТ СҮРЕСИ

Анкабут – өрмекши.

Сүреде өзлери жасаған ҳәм сәнемлерге өзлери сыйыныўшы мүшриклер өзи тоқыған торына исенип жасайтуғын өрмекшиге уқсатылады. Сондай-ақ, онда ийман-исеними бар ҳәм жақсы адамлардың басына сынаў ушын көбирек мүсийбетлер түсиўи, пайғамбарларға жеткен азаплар ҳәм басқа мағлыўматлар бар.

[2] 6-аят. Жиҳад ҳаққында «Тәўбә» сүресиниң 88-аятына қаралсын.

[3] 8-аят. Саъд ибн Әбиў Ўаққас ямаса Саъд ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу ҳаққында нәзил болған аят. Саъд разыяллаҳу анҳудың әкеси ийман келтирген, бирақ анасы мушрик болып, баласы Исламнан ширкке қайтпағанша өлсем де ҳеш нәрсе жемеймен, ишпеймен, егер өлсем сени адамлар анасын өлтирген деп маламат қылады, деп еки күнин ашлықта өткизеди. Саъд разыяллаҳу анҳу айтады: «Ҳәй апа! Егер жүз жаның болып, жүз мәрте өлсең де, Исламнан ширкке қайтпайман», – дегеннен кейин, анасы оны қайтаралмайтуғынын сезип, ашлықты тәрк еткен. Саъд разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына барып, анасынан шикаят қылғанда, оған жуўап ретинде, усы ҳәм «Луқман» сүресиндеги 14-аят, «Аҳқоф» сүреси 15-аят нәзил болып, оларда ата-ана ширк, күпир, гүна ислерге буйырса, оларға бойсынылмайды, бирақ олар менен жақсы қарым-қатнаста болынып, силаи-раҳмди үзбеў лазымлығы айтылады.

[4] 14-аят. Бул 950 жыл турды, дегеннен тәсирлирек.

[5] 15-аят. Кемеде Нуҳтың (а.с.) үш улы – Сам, Ҳам, Яфас ҳәм олардың ҳаяллары менен қосып есаплағанда 78 адам болып, олардың ярымы ер адамлар, ярымы ҳаял адамлар еди (Мд.).

Олардың саны 10 яки 80 еди, деген рәўият та бар.

[6] 20-аят. Аллаҳтың биринши мәрте пайда қылғаны белгили. Қыяметте екинши мәрте пайда қылыўы әўелгисинен парықланады. Себеби, биринши болып Аллаҳ айырым жанзатларды жоқтан бар етип жаратқан. Соң олардың айырымларынан басқа нәрселерди жаратқан. Бирақ, ақыретте айырым нәрселерди жоқтан жаратса да, инсанларды ширип кеткен сүйеклеринен баслап, барлық ағзаларын қайтадан, жоқтан емес, ал негизине қайта тиклеў, дүньядағы ҳалына келтириў жолы менен тиклейди (Мд. Ақ.).

[7] 26-аят. Ибраҳимди (а.с.) отқа таслағанда жанып кетпей, аман қалғанын көрип, Лут (а.с.) биринши болып, оның ҳақыйқый пайғамбар екенлигин тастыйықлап, ийман келтирген. Лут (а.с.) Ибраҳимниң (а.с.) Ҳарон исимли ағасының баласы еди (Мд.).

[8] * Ибраҳим (а.с.) ана журты – Ирактың Куса аўылынан Намруд отынан аман қалғаннан кейин ҳаялы – Сара ҳәм басқа өзине қараслы адамлар менен Лут (а.с.) шериклигинде Ҳаррон қаласына, оннан Палестинаға ҳижрат қылып, көшип барып жасаған. Ал, Лут (а.с.) Садум деген аўылда жасаған (Мд. Хз.).

[9] 27-аят. Ибраҳимнен (а.с.) кейинги барлық пайғамбарлар оның нәсилинен болғаны ушын ол «Әбиў әнбия», яғный «Пайғамбарлар атасы» деп те аталады. Бул жерде Исмайылдың (а.с.) аты айтылмағаны оның аты онысыз да атақлы болғанлықтан еди (Мд. Хз. Қз.).

[10] 29-аят. Луттың (а.с.) қәўими еркеклер менен жынысый байланыста болыўдан тысқары және мәнаўий бузықлық ҳәм әдепсизликтиң барлық түрлерин қылар еди. Пайғамбарға итаатсызлығы, күпир ҳәм ширкте болыўдан тысқары бул қәўимниң әдеп-икрамлықтан да жүдә журдай болғаны себепли Аллаҳ таала оларды набыт етти.

Аллаҳ таала бундай ибратлы қыссаларды Қуранда баян етиўиниң себеби – олар Муҳаммад (а.с.) үммети ушын сабақ дереги болыўын мақсет еткен.

[11] 33-аят. Луттың (а.с.) алдына шырайлы жигитлер келбетинде келген периштелерди көрип, жаман ҳалатқа түскениниң себеби – оларды танымай, қәўимим оларды өзлериниң әдепсизлиги менен қапа қылып қояды, деп қәўетерге түскен еди. Периштелер еки ўазыйпа менен келген еди. Бириншиси, Ибраҳимге (а.с.) перзент көриўи ҳаққындағы хош хабарды жеткизиў, екиншиси, Лут (а.с.) қәўимин набыт етиў (Мд.).

[12] 35-аят. Бул аўылдың аты Садум болып, ол ҳәзирги ўақытта «Өли теңиз» деп аталатуғын көлдиң қасында жайласқан. Ҳақыйқатында да, сол неше әсир алдын Аллаҳ тааланың азабы түскен аўылдың қарабақаналары, ол аўыл халқының үстине түскен таслар сақланып қалған. Апатқа ушыраған Садум аўылынан Муҳаммадқа (а.с.) шекем сақланып қалған ақыбет не екени ҳаққында бир неше түрли рәўиятлар бар. Мәселен, қарабақанаға айланған мәканлардың қалдықлары; аўыл орнында пайда болған қара реңли суў көли; аспаннан жаўған таслардың қалдықлары; Қуранда ҳәм тиллерде айтылып киятырған олар ҳаққындағы ибратлы қыссалар (Мд. Қз. Ас.).

[13] 38-аят. Бул еки қәўим Йемен үлкесиниң белгили қәўимлеринен болып, Ад қәўимине Ҳуд (а.с.), Самуд қәўимине Солиҳ (а.с.) пайғамбар қылып жиберилген еди.

[14] 39-аят. Ҳаман – Фиръаўнға бийик минара қурып берген садық ўәзири.

[15] 40-аят. Үстине тас жаўдырылып, набыт болған қәўим – Луттың (а.с.) қәўими. Қорқынышлы қышқырық тутқан қәўим – Мадян ҳәм Самуд қәўими. Жер жутқан – Қарун. Суўға ғарқ болғанлар – Нуҳ (а.с.) қәўими.

[16] 41-аят. Мушриклердиң сыйынатуғын бут ҳәм сәнемлери өрмекшиниң инине уқсатылмақта. Оның ини суўықтан да, ыссыдан да, апатлардан да сақлай алмайды. Жасалма мабудалар да өзлерине сыйыныўшыларды ҳеш қандай апаттан сақламайды ҳәм пайдасы да тиймейди. Бирақ, өрмекшиниң бут ҳәм сәнемлерден абзал тәреплери көп. Мәселен, өрмекши өзи қурған үйинен аў қылыў мақсетинде пайдаланады. Ал, мушриклер бут ҳәм сәнемлерден пайдаланыў ол жақта турсын, керисинше, зыян қылады. Бул дүньяда бузық ақыйда, жалған әмеллер менен әзиз өмирин өткизип зыян көрсе, ақыретте Аллаҳтың ширк әҳлине беретуғын азап-ақыбети менен зыян көриўшилерден болады.

[17] 43-аят. Бул аят бойынша, Аллаҳ тааланың өз бенделерине қылған нәсиятларын ҳәм өзиниң қүдирети ҳәм ҳикмети теңсиз екени ҳаққындағы ақылый дәлиллерди тек пикирлеўши алымлар ғана туўры ҳәм жақсы аңлайды.

[18] 46-аят. Аяттың дерек бериўине қарағанда, мөминлерге кәпирлер ҳәм китап ийелери менен дин ҳаққында тартысыў мүмкин. Сондай-ақ, аяттан кәлам илими менен шуғылланыўға болатуғыны да мәлим болады. Себеби, ҳәр қандай илимий тартыс тек кәлам илими менен ғана пайда болады. (Мд.).

Тартыс пайытында сабыр-тақат, кеңпейиллик талап етиледи. Бирақ, олар Аллаҳға перзентти тийисли қылса яки Аллаҳға жалған сыпатларды берсе, оларға, әлбетте, тийисли қарсы пикирлер менен жуўап бериў керек болады (Мд. Ас.).

Китап ийелери менен мушриклердиң арасындағы парық сонда, мушриклерде Аллаҳ ҳәм пайғамбарларға деген ийман жоқ. Бирақ, китап ийелери Аллаҳға, пайғамбарларға, ақыретке, китапларға ийман келтиреди. Тек Муҳаммадқа (а.с.) ҳәм Қуранға ийман келтирмейди.

[19] 48-аят. Олар: «Муҳаммад Қуранды өзи тоқып жазып атыр», – деп шубҳа қылған болар еди.

[20] 56-аят. Аяттың нәзил болыў себеби – Мәккә мусылманлары мушриклердиң қыйнаўынан сабыр-тақаты толған ўақтында Мадинаға ҳижрат қылыўға шақырыў еди. Ҳәдисте: «Ким динин сақлаў мақсетинде бир қарыс болса да көшсе, өзине жәннетти белгилеп алған болады», – делинген.

[21] 57-аят. Ҳәр бир жан қашан болса да бул дүньядан өтиўине исенген ақыллы адам, бул пәний дүньяға емес, ал ол дүнья бахтына итибар береди. Аятта, қыямет күни ҳәр бир адам Аллаҳ таала алдында қылған ислери ушын жуўап бериўи айтылмақты, ал бул сол Күнге қатты таярланыў лазым екенлигин билдиреди.