1. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳ ҳәм Оның Расулы алдында (екеўиниң руқсатысыз бир сөз ямаса исти) қылмаң. Аллаҳға тақўа қылың! Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.
2. Ҳәй ийман келтиргенлер! Қылған ислериңиз өзлериңиз сезбеген ҳалларыңызда зая болып кетпеўи ушын сизлер даўысларыңызды Пайғамбардың даўысынан жоқары көтермең ҳәм бир-бириңизге бақырып (турпайы сөз) сөйлегендей, оған сөйлегенде қатты сөйлемең.
3. Әлбетте, Аллаҳтың пайғамбары алдында даўысларын пәсейткенлер, әне солар – Аллаҳ кеўиллерин тақўада сынағанлар. Оларға кеширим ҳәм үлкен сыйлық бар.
4. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, (ҳаялларыңыз жасайтуғын) өжирелер артынан турып, сени шақырып атырғанлардың көпшилиги (әндийше ҳәм парасат пенен) ақыл ислетпейди.
5. Егер олар, қашан (сиз өзиңиз) олардың алдына шыққаныңызша сабыр етсе, өзлери ушын жақсы болар еди[2]. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
6. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге бир фасық хабар келтирсе, сизлер (ҳақыйқый аўҳалды) билмеген ҳалыңызда бир қәўимге зыян жеткизип қойып, (кейин) еткен ислериңизге пушайман болмаўыңыз ушын (ол хабарды) анықлап (тексерип) көриң!
7. Билиң, әлбетте, араларыңызда Аллаҳтың пайғамбары бар. Егер ол көп ислерде сизлерге бойсынса, әлбетте, сизлер қыйыншылықларға дуўшар болар едиңиз. Бирақ, Аллаҳ сизлерге ийманды сүйикли етти ҳәм оны кеўиллериңизде зийнетледи ҳәм де сизлерге күпирди, фасықлықты ҳәм бойсынбаўшылықты жаман көрсетти. Әне солар – туўры жолдан барыўшылар.
8. (Бул –) Аллаҳтан (тәрепинен) болған кеңшилик (мийрим) ҳәм неъмат. Аллаҳ – Билимли, Ҳикметли.
9. Егер мөминлерден еки топар өз ара урысып қалса, дәрриў олардың арасын жарастырың! Егер олардан бири екиншисине зулым етсе, (зулым еткен топар) Аллаҳтың буйрығына қайтқанша, сизлер зулым еткен (топар) менен урысың! Енди, егер ол (топар зулымнан) қайтса, онда сизлер олардың арасын әдалат пенен жарастырың ҳәм әдил болың! Әлбетте, Аллаҳ әдалат қылыўшыларды жақсы көреди.
10. Әлбетте, мөминлер (динде өз ара) ағайин есапланады, солай екен, сизлер еки ағайиниңиздиң арасын жарастырың, Аллаҳтан қорқың, қәне еди, рейим қылынсаңыз.
11. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Сизлерден) бир қәўим (миллет) басқа қәўимди (миллетти) масқара етпесин! Итимал, (масқараланған миллет) олардан жақсырақ шығар. Және сизлерден ҳаяллар да (басқа) ҳаялларды (масқара етпесин)! Итимал, (масқараланған ҳаяллар) олардан жақсырақ шығар. Өзлериңизди (бир-бириңизди) мазақ қылмаң ҳәм бир-бириңизге лақап қоймаң! Ийманнан кейин фасықлық аты буншелли жаман! Ким тәўбе қылмаса, онда әне солар – (гүна ислер менен өзлерине) зулым етиўшилер.
12. Ҳәй ийман келтиргенлер! Көп гүманнан шетлениң! Себеби, айырым гүман(лар) – гүна. (Басқалардың айыбын излеп) тыңшылық етпең ҳәм бириңизди бириңиз ғыйбат етпесин! Сизлерден бириңиз өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўди қәлей ме? Оны жаман көресиз ғой! Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – тәўбени көп қабыл етиўши, Рейимли.
13. Ҳәй адамлар! Биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳәм ҳаял (Ҳаўўа)дан жараттық ҳәм сизлерди өз ара танысыўыңыз ушын (ҳәр түрли) халықлар ҳәм қәўимлер (елатлар) қылып қойдық. Әлбетте, Аллаҳтың алдында ең ҳүрметлирегиңиз (бул) – ең тақўалырағыңыз. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Хабардар.
14. Аъробийлер: «Ийман келтирдик», – деди. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Ийман келтиргениңиз жоқ», бирақ, сизлер: «Исламға кирдик», – дең! (Себеби, еле) кеўиллериңизге ийман кирген жоқ.[3] Егер сизлер Аллаҳға ҳәм Оның Расулына бойсынсаңыз, (Аллаҳ сизлер еткен жақсы) ислериңизден ҳеш нәрсени азайтпайды. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли», – деп айт.
15. Әлбетте, ҳақыйқый мөминлер – Аллаҳға ҳәм Оның Расулына ийман келтирген, соң шубҳа етпеген ҳәм Аллаҳтың жолында мал-дүньялары ҳәм жанлары менен жиҳад қылғанлар. Әне солар – (ийманларында) садық[4].
16. (Ҳәй Муҳаммад! Аъробийлерге): «Сизлер Аллаҳға диниңизди үйретежақсыз ба? Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги (бар) нәрселерди биледи ғой. Аллаҳ – ҳәмме нәрсени билиўши», – деп айт.
17. Олар саған мусылман болғанларын миннет етип атыр. Сен айт: «Сизлер маған Исламыңызды миннет етпең. Ал, егер (ийманда) садық болсаңыз, (онда, билиң) Аллаҳ сизлерди ийманға ҳидаят қылғанын миннет етеди.
18. Әлбетте, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги ғайыпты (сырларды) биледи. Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы».
[1] 49. ҲУЖУРОТ СҮРЕСИ
«Ҳужурот» – өжирелер. Бул жерде Расулдың (а.с.) өз ҳаяллары менен бирге жасаған Мадина қаласындағы тоғыз өжиреси.
Сүреде Аллаҳ пенен Расулының көрсетпелерисиз диний ислерде еркин рәўиште ҳеш бир әмелди етпеў, Расул (а.с.) менен мәмиле етиў әдеплери, мөмин адам еситкен гәпине анықлық киргизбестен исенип кетиўиниң надурыслығы, өз ара келиспеўшиликлерди тынышлық жолы менен шешиў зәрүрлиги, мазақ, лақап қойыў, ғыйбат, жаман гүманда болыў киби жаман сыпатлардан сақланыўға шақырыў, бәрше инсанлардың негизи бир ата ҳәм бир анадан екени, инсанның абзаллығы миллети менен емес, ал ийгиликке қаншелли умтылыўы ҳәм тақўа менен белгилениўи уқсаған сабақлар баян етилген.
[2] 5-аят. Бул ҳәм оннан алдынғы аяттың нәзил болыў себеби – Бани Тамим ҳәм Бани Анбар қәўиминен Ақраъ ибн Ҳабис, Уяйна ибн Ҳисн ҳәм басқалардан ибарат бир топар кәпирлер өзлериниң тутқынға түскен адамларын Расулдан (а.с.) қайтарып алыў ушын келип, өжиресиниң артынан шақырады. Түс пайыты, ҳаўа ыссы болғанлықтан Пайғамбар (а.с.) уйқылап атырған болады. Тынышсызланып, олардың алдына шығады ҳәм қәжетлерин питкереди. Бирақ, оған етилген бул әдепсизлик Аллаҳға да хош келмегеннен кейин, оларға қаратылған бул ескертиўлер аятқа таңбаланып, ҳәмме ушын турақлы ибрат дереклеринен бирине айланып қалды (Лс. Мд.).
[3] 14-аят. Ийман менен ислам, мөмин менен мусылман мазмун жағынан парықланатуғыны усы аяттан белгили болады. Ийман – бул илаҳий тәлиматты тән алып тастыйықлаў болса, ислам – илаҳий көрсетпе ҳәм буйрықларды әмелде орынлаў есапланады.
Бул аятта мөминликти даўа етип атырған бир топар аъробийлердиң гәпин Аллаҳ таала бийкарлап: «Яқ! Сизлерде ийман жоқ, ал өзлериңизди мусылман көрсетиў ушын әмел етип турыпсыз», – деген мазмунда ескертиў берген.
[4] 15-аят. Тек тилинде ийман келтирип, кеўлинде ийманы болмаған арабийлер (саҳралы араблар) менен кәмил ийманлы, ықласлы ҳәм итаатлы мөминлер арасындағы парық баян етилмекте.
Жиҳад ҳаққында «Ниса» сүресиниң 95 ҳәм «Тәўбә» сүресиниң 88-аятлары тәфсирине қаралсын.