Қураны кәрийм аўдармасы

Мурсалат

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ант етемен, избе-из естирилетуғын (самал)лар менен,

2. қатты есетуғын (боран)лар менен,

3. (бултларды) жайып жиберетуғын,

4. (ҳақ пенен наҳақты) ажыратып беретуғын,

5. еслетпе алып түсип,

6. (мөминлерди) үзир етиў (кешириў) ямаса (кәпирлерди) ескертиў ушын (хызмет ететуғын периштелер) менен,

7. әлбетте, сизлерге ўәде етилип атырған нәрсе (қыямет ҳәм есап-санақ) – анық болыўшы!

8. Енди қашан жулдызлар(дың нурлары) сөндирилгенде,

9. аспан (қабығы) ашылғанда,

10. таўлар (қумлардай) шашылғанда,

11. пайғамбарларға белгиленген ўақыт келгенде (қыямет болады).

12. (Пайғамбарлар өз қәўимлери менен есапласыўы) қайсы күнге белгиленген?

13. Ажыратыў күнине (әлбетте).

14. (Ҳәй инсан!) Ажыратыў күни не екенин сен қаяқтан билесең?!

15. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

16. Биз алдынғыларды (бойсынбаған үмметлерди) қыйратпадық па?

17. Соң кейингилерди де (егер күпирде болса) оларға қосамыз.

18. Жынаятшыларды (кәпирлерди), мине, усылай (набыт) етемиз.

19. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

20. Сизлерди арзымаған суўдан (мәнийден) жаратпадық па?

21. Кейин оны (суўды – нутфаны) беккем орынға жайластырмадық па?!

22. (Ана қарнында) мәлим мүддетке шекем.

23. Солай екен, Биз (инсанды жаратыўға) қәдирмиз. (Бизиң) қүдиретимиз қандай жақсы!

24. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

25. Биз Жерди (ҳәр қандай нәрсени өзине) тартыўшы етип қоймадық па?!

26. тирилерди де, өлилерди де?!

27. Және Биз (Жерде) бәлент таўларды (пайда) қылдық ҳәм сизлерге (таўлардан ағып түсетуғын) душшы суўды ишкиздик.

28. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

29. (Ол Күни кәпирлерге былай делинеди): «Сизлер (дүньядағы өмириңизде) өтирик деп жүрген нәрсеге (енди) барың!

30. Үш бөлекли саяға барың!

31. Ол салқын да емес, жалынды да тоспайды.

32. Әлбетте, ол (жәҳәннем бәлентте) сарайдай (үлкен) жалынларды ылақтырады.

33. (Олар) сары түйелерге уқсайды.

34. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

35. Бүгин олар сөйлей алмайды

36. ҳәм оларға үзир айтыўға да руқсат берилмейди.

37. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

38. Бул – ажыратыў Күни. (Ҳәй бул Күнди өтирик дегенлер! Мине,) Биз сизлерди де, алдынғыларды да жыйнадық.

39. Енди, егер сизлерде (дозақтан қутқаратуғын) бир ҳийле болса, Маған сол ҳийлеңизди ислетиң!

40. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

41. Әлбетте, тақўалылар (ол Күни) сая­лар ҳәм булақларда,

42. (Кеўиллери) қәлеген (түрли) мийўелер ишинде болады.

43. (Оларға айтылады): «Ислеп өткен (жақсы) ислериңиз себепли (жәннет неъматларын) жағымлы иштей менен жеп-ише бериң!»

44. Әлбетте, Биз ийгиликли ис етиўшилерди, мине, усылай сыйлықлаймыз.

45. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

46. (Ҳәй кәпирлер!) Азырақ ўақыт жеп, пайдаланып қалың! Әлбетте, сизлер – (күпириңиз себепли) жынаятшыларсыз.

47. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

48. (Қашан оларға): «Руку қылың (намаз оқың!)» – делинсе, руку қылмайды.

49. Сол Күни (дүнья өмиринде қыяметти) жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!

50. Енди олар Оннан (Қураннан) кейин (усындай уллы Қуранға ийман келтирмесе, басқа) қайсы сөзге ийман келтиреди?!



[1] 77. МУРСАЛАТ СҮРЕСИ

«Мурсалат» – Аллаҳ тәрепинен жиберилген (самал).

Сүреде қыямет күни ҳақ екенин дәлиллеў ушын Аллаҳ таала белгили жанзатлардың аты менен ант етеди. Ондағы аятларда инсанның жаратылып, дүньяға келиўи, дүньяда жасаўдан тийкарғы мақсет ақырет ушын таярлық көриў екени, таярлық көриў орнына пәний дүнья ләззети жолында ақыретинен бос қалғанлардың аўҳалы ашынарлы болыўы аңлатылған.