1. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбeтте, Аллаҳ сениң менен, өзиниң күйеўи ҳаққында тартысып атырған ҳәм Аллаҳға шағым етип атырған ҳаялдың сөзин еситти. Аллаҳ екеўиңиздиң сөйлесиўиңизди еситеди. Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши[2].
2. Араңыздағы өз ҳаялларын «зиҳар» ететуғынларға, олар (ҳаяллары) олардың аналары емес. Олардың (ҳақыйқый) аналары – оларды туўған (ҳаял)лар. Әлбетте, олар бийкар ҳәм өтирик сөзлерди айтады. Әлбетте, Аллаҳ – әпиў етиўши, Кешириўши.
3. Ҳаялларын «зиҳар» қылып, соң айтқан сөзлеринен қайтатуғынлар (мойнында), (ҳаялларына) қосылыўынан алдын (мөмин ямаса кәпир) бир қул азат етиў бар[3]. Бул сизлер оның менен нәсиятланыўыңыз ушын. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.
4. Енди ким (қул) таба алмаса, онда қосылыўдан алдын (оның мойнында) еки ай избе-из ораза тутыў бар. Ким (ораза тутыўға) қәдир болмаса, онда (оның мойнында) алпыс мискинди тойғызыў бар[4]. Бул (ҳүкимлер) – сизлер Аллаҳға ҳәм Оның Расулына ийман келтириўиңиз ушын. Булар – Аллаҳтың (белгилеп қойған) шегаралары. (Илаҳий нызамларды тән алмаўшы) кәпирлер ушын (ақыретте) аўыртыўшы азап бар.
5. Әлбетте, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына душпанлық ететуғынлар, олардан алдынғылар қыйратылғанындай қыйратылады. Ҳақыйқатында да, Биз анық аятларды нәзил еттик. (Буларды тән алмаўшы) кәпирлерге хор етиўши азап бар.
6. (Сол) Күни Аллаҳ ҳәммесин қайта тирилтип, (дүньяда) ислеген ислериниң хабарын береди. Аллаҳ (дүньяда ислеген ислерин) есаплап қойған, ал олар умытып жиберген. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге гүўа.
7. Әлбетте, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме нәрсени билиўин аңламадың ба? Үш адамның өз ара сыбырласып сөйлесиўи болса, әлбетте, олардың төртиншиси – Ол. Бес адамның да, алтыншысы – Ол. Буннан аз болса да, көп болса да ҳәм қай жерде болса да, әлбетте, Аллаҳ – олар менен бирге. Соң қыямет күни оларға ислеген ислериниң хабарын береди. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.
8. (Ҳәй Муҳаммад!) Өз ара сыбырласыўдан қайтарылғаннан соң және қадаған нәрсеге ҳәм де гүна, душпанлық ҳәм пайғамбарға итаатсызлық етиў ҳаққында сыбырласатуғынларды көрмедиң бе? Қашан олар сениң алдыңа келсе, Аллаҳ сизлерге сәлем бермеген нәрсе (сөзлер) менен саған сәлем береди[5]. Және ишинен: «Айтып атырған сөзимиз себепли Аллаҳ бизлерди азапламаса еди?!» – дейди. Оларға өзлери киретуғын жәҳәннем жетерли. Буншелли жаман ақыбет!
9. Ҳәй ийман келтиргенлер! Қашан сыбырласып сәўбетлессеңиз, гүна, душпанлық ҳәм Пайғамбарға итаатсызлық етиў туўралы сыбырласпаң, (ал) жақсылық ҳәм тақўа туўралы сыбырласың! Сизлер алдына (барып) топланатуғын Аллаҳтан қорқың!
10. Әлбетте, ийманлыларды ренжитиў ушын исленген сыбырлы сәўбетлер шайтаннан. (Бирақ,) ол Аллаҳтың руқсатысыз оларға зыян жеткизе алмайды. Солай екен, мөминлер Аллаҳға ғана тәўекел етсин!
11. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге жыйналысларда «(ортаны) кеңейтиң!» – делинсе, онда кеңейтиң, Аллаҳ сизлерге де (керек ўақытта) кең орын береди, егер «турың!» – делинсе, дәрриў турың! [6] Аллаҳ сизлерден ийман келтиргенлердиң ҳәм илим берилгенлерди (бәлент) дәреже (мәртебе)лерге көтереди[7]. Аллаҳ ислеп атырған (бәрше жақсы ҳәм жаман) ислериңизден хабардар.
12. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер Пайғамбар менен сырлы сәўбетлеспекши болсаңыз, онда сырлы сәўбетиңизден алдын (жарлыларға) садақа бериң! Усындай етиўиңиз өзиңиз ушын жақсырақ ҳәм (қәтелериңизди) пәклеўширек. Егер (садақаға нәрсе) таба алмасаңыз, онда, әлбетте, Аллаҳ – (өз бенделерин) әпиў етиўши, Рейимли[8].
13. Сизлерге сәўбетиңизден алдын садақа бериўден (жарлы болып қаламыз деп) қорықтыңыз ба? Енди, егер (садақа) қылмасаңыз да, Аллаҳ тәўбелериңизди қабыл етти. Солай екен, намазды кәмил оқың ҳәм зәкат бериң. Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына итаат қылың! Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.
14. (Ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳтың ғәзебине дуўшар болған қәўимди (яҳудийлерди) дос тутқанларды (еки жүзлилерди) көрмейсең бе? Олар (еки жүзлилер) сизлерден де (мусылманлардан да) емес, олардан да (яҳудийлерден де) емес. Олар билип турып, өтирикке (бизлер мусылманлармыз деп) ант ишеди.
15. Аллаҳ олар ушын қатты азапты таярлап қойған. Олардың ислеп атырған ислери буншелли жаман!
16. Олар өзлериниң (өтирик) антларын қалқан қылып, (адамларды) Аллаҳтың жолынан тосты. Енди оларға (ақыретте) хорлаўшы азап бар!
17. Олардың мал-дүньялары да, балалары да Аллаҳ тәрепинен (болатуғын) нәрсени (азапты) олардан қайтара алмайды. Әне солар – дозақ әҳли. Олар ол жерде мәңги қалады.
18. Ол Күни (қыяметте) Аллаҳ олардың ҳәммесин қайта тирилткенде, тап сизлерге (ҳәзир) ант ишип атырғанындай, Оған да ант ишеди ҳәм өзлерине (антлары себепли) бир нәрсе (пайда) болады деп ойлайды. Билип қойың, әлбетте, олардың өзлери – өтирикшилер.
19. Оларды шайтан ийелеп алып, оларға Аллаҳтың зикирин умыттырған. Әне солар – шайтанның топарынан. Билип қойың, әлбетте, шайтанның топары – зыян көриўши.
20. Әлбетте, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына душпанлық қылыўшылар хор болғанлардың ишинде болады.
21. Аллаҳ (Лаўҳул-маҳфузда): «Әлбетте, Мен Өз пайғамбарларым менен жеңиске ерисемен», – деп жазып қойған. Әлбетте, Аллаҳ – Қуўатлы, Қүдиретли.
22. Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген қәўимниң Аллаҳ ҳәм Оның пайғамбарына душпанлық қылыўшылар менен – егер олар өзлериниң әкелери, балалары, аға-инилери ямаса ағайинлери болса да – досласып атырған ҳалда таппайсаң. Әне солардың кеўиллерине (Аллаҳ) ийманды жазып қойған, оларды Өзи тәрепинен бир руўх пенен (ийман ямаса Қуран менен) қоллаған. Ол оларды астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. Олар ол жерде мәңги қалады. Аллаҳ олардан разы, олар да Оннан (Аллаҳтан) разы болады. Әне солар – Аллаҳтың топарынан. Билип қойың, әлбетте, Аллаҳтың топарындағылар – утысқа ерисиўши!
[1] 58. МУЖАДАЛА СҮРЕСИ
«Мужадала» – тартысыў.
Сүреде ийман, исеним ҳәм ийгиликли ислерге шақырыў, күпир, ширк, зулым киби жаман сыпатлардан пәк болыўға шақырылады.
[2] 1-аят. Саҳаба Убаданың (рз.) бирәдары Аўс ибн Сомиттиң ҳаялы Ҳаўла бинт Саълаба Пайғамбарға (а.с.) келип, күйеўи «зиҳар» қылғанын айтады. Зиҳар бул өз ҳаялына: «Сен маған анамның қарны яки денеси сыяқлысаң» деп айтыў. Бул туўралы шаръий ҳүким еле нәзил болмаған еди. Пайғамбар (а.с.) талақ түседи дегенинде, ҳаял наразы болып, Аллаҳға шикаят қылады. Сонда аят нәзил болып, талақ түспейтуғынлығы, бирақ жәримасына бир қул азат етиў буйырылады (Мд.).
[3] 3-аят. Шафиий мәзҳабында қулдың мөмин болыўы шәрт.
[4] 4-аят. Ҳанафий мәзҳабында ҳәммесин бир мискинге бериў мүмкин. Шафиий мәзҳабында тағамды 60 мискинге бериў шәрт.
[5] 8-аят. Яҳудийлер Нәбий алайҳиссаламға «Әссәләму алайкум» яғный сизге саламатлық тилеймен деп сәлемлесиўдиң орнына өзлеринше тез айтып атырғандай «ассому алайкум» (сизге өлим тилеймиз) дейтуғын болған. Олардың қара нийети Аллаҳға ҳәм Расулға мәлим еди (Мд.).
[6] 11-аят. Яғный намазға, урысқа ямаса басқа қайырлы ислерге шақырылсаңыз, дәрриў турып барың, делинбекте (Мд.).
[7] * Илим ҳәм алымлардың пазыйлетлери, еки дүньяда ерисетуғын дәреже ҳәм мәртебелерине тийисли аят ҳәм ҳәдислер жүдә көп ушырасады. Расулдан (а.с.) алым адамның бир күнлик ибадаты илимсиз адамның қырық жыллық ибадатына тең екени, қыяметте шәпәәт етиўи, егер ол тәлим де берсе, Жер ҳәм аспанлардағы бәрше жанзат Аллаҳтан оған мағфират сораўы ҳәм басқа көп хош хабарлар саҳиҳ ҳәдислер арқалы рәўият етилген (Мд.).
Сулайманға (а.с.) Аллаҳ таала илим, байлық ҳәм патшалықтан бирин таңлаўды буйырғанда, ол илимди таңлайды. Илимниң шарапатынан оған байлық ҳәм патшалықты да қосып береди (Қр.).
[8] 12-аят. Әлийдиң (рз.) бир динары болып, Расулдан (а.с.) ҳәр сапары сораў сораўы алдынан бир дирҳам садақа қылады екен. Он мәселе сорап болыўы менен кейинги аят нәзил болып, алдынғы аят бийкар болған. Бурынғы аятқа оннан басқа ҳеш ким әмел ислеп үлгермеген (Мд.).