Қураны кәрийм аўдармасы

Фурқон

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлемлер (инсан ҳәм жинлер)ге ескертиўши болыўы ушын бендесине (Муҳаммадқа) Фур­қон (Қуран)ды нәзил еткен (Аллаҳ) – берекетли (уллы).

2. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Оныки болған, Өзине перзент тутпаған, (Аллаҳ) ҳүкимдарлықта шериги жоқ, (Ол) ҳәмме нәрсени жаратып, оны (анық) өлшеми менен өлшеп қойды.

3. Олар (мушриклер) Оны қойып, бир нәрсени жарата алмайтуғын, (ал) өзи жаратылған, өзине зыян да, пайда да бере алмайтуғын, өлимге де, өмирге де, қайта тирилиўге де қәдир болмаған «илаҳлар»ды тутты (оларға сыйынды).

4. Күпир келтиргенлер: «Бул (Қуран) тек ғана (Муҳаммад) өзи тоқыған тоқыма. Оған бул исте басқа қәўим (айырым китап ийелери) жәрдем берди», – деди. Кейин, шубҳасыз, зулым қылған ҳалда өтирикти келтирди[2].

5. (Және) олар: «(Бул) алдынғылардың әпсаналары, олар оған азанлы-кеш оқып берген, ал ол көширип алған», – деди[3].

6. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Оны аспанлар ҳәм Жердиң (бәрше) сырын билетуғын (Аллаҳ) нәзил етти. Әлбетте, Ол – Кеширимли, Рейимли», – деп айт.

7. (Және) олар айтты: «Бул қандай пайғамбар, (әпиўайы адамлардай) аўқат жейди, базарларда жүреди?! Оған (пайғамбарлығын тастыйықлайтуғын) бир периште түсирилсе, сонда оның менен бирге ескертиўши болар еди

8. яки оған (аспаннан мүтәжлик ушын) ғәзийне тасланса еди, яки оның бағы болып, оннан жесе еди». Залымлар (мөминлерге): «Сизлер тек ғана бир сыйқыршыға ерип атырсыз», – деди.

9. (Ҳәй Муҳаммад!) Олардың саған қандай мысалларды келтиргенине қара! Енди олар (ҳақ) жолдан адасты. Енди олар жол (табыў)ға қәдир емес.

10. Егер қәлесе, саған (усы дүньяда-ақ) оннан (олар айтқан бағ ҳәм ғәзийнеден) жақсырағын – астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерди ҳәм сарайларды беретуғын (Аллаҳ) берекетли (уллы).

11. Яқ! Олар қыяметти жалғанға шығарды. Қыяметти жалғанға шығарғанлар ушын Биз дозақты таярлап қойдық.

12. (Дозақ) оларды узақтан көргенде-ақ, олар (дозақтың) қышқырып, ыңыранып атырғанын еситеди.

13. Қашан кисенленип тар жерине ылақтырылғанда, сол жерде (өзлерине) өлим тилейди.

14. (Сонда оларға): «Бүгин сизлер бир өлимди емес, көп өлимди тилең!» (– делинеди).

15. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға): «Бул (дозақ) жақсы ма яки тақўалыларға таярлап қойылған мәңгилик жәннет жақсы ма?» – деп айт. Сол (жәннет) – олар ушын сыйлық ҳәм қайтар жер.

16. Оларға ол жерде мәңгилик ҳалында (бәрше) қәлеген нәрсеси болады. (Бул –) Рәббиңдеги соралатуғын ўәде[4].

17. (Аллаҳ) оларды (мушриклерди) ҳәм Аллаҳты қойып ибадат қылып атырған нәрсесин (бутларын) топлап: «Мениң анаў бенделеримди сизлер адастырдыңыз ба яки олар өзи адасты ма?!» – дейтуғын Күни

18. олар: «Өзиң пәксең! Бизлер ушын Сеннен басқаны дос тутыў дурыс емес. Бирақ, (Сен) оларды ҳәм олардың ата-бабаларын (сондай дәрежеде) пайдаландырдың, ҳәтте олар (Сени) еслеўди умытты ҳәм қыйралыўшы қәўим болып қалды», – дейди[5].

19. (Ҳәй мушриклер!) Ҳақыйқатында да, олар (бутларыңыз) айтып атырған нәрселериңизде сизлерди жалғанға шығарды. Енди (азапты) бурыўға да, (өзлериңизге) жәрдем алыўға да қәдир емессиз. Сизлерден ким зулым қылған болса, оған азапты таттырамыз.

20. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен алдын Биз жиберген ҳәмме пайғамбарлар да, әлбетте, аўқат жейтуғын, базарларда жүретуғын еди. Биз сизлердиң айырымыңызды айырымыңызға сынақ қылдық. (Қәне) сабыр етесиз бе?! Ал, Рәббиң – Көриўши[6].

21. Бизге жолығыўды үмит қылмайтуғынлар: «Бизлерге (пайғамбарлық ушын) периштелер түсирилсе еди яки Рәббимизди (көзлеримиз бенен) көрсек еди», – деди. Ҳақыйқатында да, олар өзинен кетти ҳәм қатты ҳәддинен асты.

22. Олар периштелерди көретуғын Күнди (қыямет күнин еслең!) Сол Күни жынаятшыларға (ҳеш қандай) хош хабар болмайды. (Периштелер оларға): «(Сизлер ушын хош хабар еситиў –) улыўма ҳарам», – дейди.

23. (Себеби,) Биз олардың қылған ҳәмме исине келип, оларды тозаңғытып (пайдасыз қылып) қойдық.

24. Сол күни жәннет ийелери жақсы жайларда ҳәм шырайлы дем алыў орынларында болады.

25. Бултлы аспан жарылып, периштелер (Жер бетине) түсирилетуғын Күнди еслең![7]

26. Сол Күни ҳақыйқый патшалық (жалғыз) Роҳмандики. Ол Күн кәпирлер ушын қатты қыйын болады.

27. Ол Күни залым еки қолын (бармақларын) тислеп былай дейди: «Қәне мен де пайғамбар менен бир жолды услағанымда еди!

28. Маған ўайл болсын! Қәне пәленшени дос тутпағанымда еди.

29. Ҳақыйқатында да, маған еслетпе (Қуран) келгенде, ол (пәленше) мени (жолдан) адастырды». (Ол Күни) шайтан – (өзине ерген бәрше) инсанды жәрдемсиз таслап кетиўши[8].

30. Пайғамбар: «Я Рәббим! Мениң қәўимим (Қурайш қәўими) бул Қуранды тәрк етти», – деди.

31. Биз (сеннен алдынғы) ҳәр бир Пайғамбар ушын жынаятшылардан усындай душпан(лар) қылғанбыз. Ҳидаят ҳәм жәрдемде Рәббиңниң Өзи жетерли.

32. Күпир келтиргенлер: «Оған (пайғамбарға) бул Қуран бир мәртеде нәзил етилсе еди», – деди. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сениң кеўлиңди оның (Қуран) менен беккемлеў ушын усылай еттик ҳәм оны тартийл[9] қылып оқып бердик.

33. Олар саған (Қуранды айыплаў мақсетинде жоқарыдағы киби) бир мысалды келтиргенде, әлбетте, Биз, саған ҳақыйқат (жуўап)ты ҳәм шырайлы түсиндирмени әкелдик.

34. Олар ет бети менен (сүйрелип,) жәҳәннемге жыйналады. Әне солар – мәканы ең жаман ҳәм жолдан адасқанлар.

35. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға китап (Таўрат)ты бердик ҳәм оған әжағасы Ҳарунды ўәзир қылдық.

36. Кейин: «Екеўиңиз Бизиң аятларымызды жалғанға шығарған қәўим (Фиръаўн ҳәм оның қәўими) алдына барың!» – дедик. Соң, (өз күпирлеринен қайтпағаннан кейин) оларды (теңизге шөктириў менен) қырып тасладық.

37. Нуҳ қәўимин (еслең!) Олар пайғамбарларды[10] жалғанға шығарғанда, Биз оларды шөктирдик ҳәм оларды адамлар ушын ибрат қылдық. Және Биз (бул киби) залымларға (ақыретте де) аўыртыўшы азап таярлап қойғанбыз.

38. Ад, Самуд (қәўимлерин), қудық ийелери[11] ҳәм сол арадағы әўладларды (еслең!)

39. Олардың ҳәммесине мысаллар келтирдик. (Гәп тәсир қылмағаннан кейин) ҳәммесин улыўма жоқ етип жибердик.

40. Ҳақыйқатында да, олар (сапар ўақытларында) жаманлық жаўыны (тас) жаўдырылған аўылға келген. Олар оны көрмеген бе (ибрат алмаған ба) еди?! Яқ! Олар қайта тирилиўден үмитсиз еди.

41. (Ҳәй Муҳаммад!) Олар сени көргенде масқаралап: «Аллаҳ мынаны пайғамбар етип жиберип пе?!

42. Егер сабыр етпегенимизде (беккем турмағанымызда), әлбетте, ол бизлерди, сәл болмаса, қудайларымыздан адастыратуғын еди!» (– дейди). Олар жақында азапты көргенде, ким жолдан көбирек азғанын көреди.

43. Ҳаўайы нәпсин өзине қудай етип алғанды көрдиң бе?! Енди сен оған ўәкил (қайтарып турыўға жуўапкер) боласаң ба[12]?!

44. Яки сен олардың көпшилиги (ҳақ сөзди) тыңлайды ямаса аңлайды, деп ойлайсаң ба? (Яқ, ҳасла!) Олар ҳайўанлардың тап өзи. Яқ, оннан да бетер жолдан адасқан[13].

45. Рәббиң саяны қалай жайып қойғанын көрмедиң бе? Егер қәлесе, оны қозғалмас қылып қояр еди. Соң Қуяшты оған (оның бар екенине) дәлил қылдық.

46. Соң оны Өзимизге әстен тартып алдық.

47. Ол (Аллаҳ) сизлер ушын түнди липас, уйқыны дем алыў ҳәм күндизди ҳәрекет (ўақты) қылды.

48. Ол Өзиниң мийрими (жаўыны) алдынан самалларды хош хабар қылып жибереди. Биз аспаннан пәк суўды түсирдик,

49. оның менен өли қаланы (жерлерди) тирилтиўимиз ушын. Оның менен Өзимиз жаратқан көп шарўаларды ҳәм инсанларды суўғарамыз.

50. Ҳақыйқатында да, Биз оны (суўды) еслетпе алыўы ушын (адамлардың) арасында бөлип қойдық, (бирақ,) адамлардың көпшилиги тек нашүкирликти қәлейди.

51. Егер Биз қәлесек ҳәр бир аўылға ескертиўши жиберген болар едик.

52. Солай екен, кәпирлерге бойсынба! Оларға қарсы оның менен (Қуран жәрдеминде) қатты тырыс[14]!

53. Ол (Аллаҳ) еки теңизди буны мазалы, душшы, оны дузлы, шор қылып ағызып қойды ҳәм олардың арасына көринбейтуғын тосық, пуқта перде (пайда) қылды.

54. Ол суўдан адамды жаратып, кейин оны нәсил-насаплы, қуда-қудағайлы қылып қойды. Рәббиң – (ҳәмме нәрсеге) қәдир.

55. (Кәпирлер) Аллаҳты қойып, өзлерине пайда да, зыян да бермейтуғын нәрселерге сыйынады. Кәпир – өзиниң Рәббисине қарсы (турып шайтанға) жәрдем бериўши.

56. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сени тек (мөминлерге жәннеттен) хош хабаршы ҳәм (кәпирлер ушын ақырет азабынан) ескертиўши қылып жибергенбиз.

57. Сен: «Мен сизлерден буның (пайғамбарлық) ушын (ҳеш қандай) ҳақы сорамайман, тек Рәббиси тәрепке жол алыўды қәлейтуғынлар болса болды», – деп айт.

58. Өлмейтуғын, ҳәмме ўақыт тири болған (Аллаҳға) тәўекел қыл ҳәм Оған ҳамд пенен тасбиҳ айт! Ол өз бенделери гүналарынан жетерлише хабардар.

59. Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳәм де олардың арасындағы нәрселерди алты күнде жаратып, кейин Аршқа «мустаўий» болған[15]. (Ол –) Роҳман. Солай екен, Ол ҳаққында хабардардан (билимли адамнан) сора.

60. Қашан оларға (мушриклерге): «Роҳманға сәжде қылың!» – делинсе, олар: «Не ол Роҳман? Сен буйырған нәрсеге сәжде қыла беремиз бе?» – дейди. (Бул сөз) олардың (ийманнан) узақласыўын (және де) зыяда қылады[16].

61. Аспанда шоқ жулдызларды (пайда) қылған, ол жерде шыра (Қуяш) ҳәм нур шашыўшы Айды (пайда) қылған (Аллаҳ) – берекетли (уллы).

62. Ол еслетпе алыўды қәлегенлер яки шүкир қылыўды қәлегенлер ушын түн ҳәм күндизди (бир-бирине) орынбасар қылды.

63. Роҳманның (сүйикли) бенделери[17] – Жер бетинде кишипейиллик пенен жүретуғын ҳәм наданлар (мәниссиз гәплерди) сөйлегенде, «Саламатлық болсын!» – дейтуғынлар.

64. Олар – түнлерди Рәббисине сәжде қылып, тик турған ҳалда (ибадат пенен) өткизетуғынлар.

65. Олар айтады: «Рәббимиз, Өзиң бизлерден жәҳәннем азабын бур, әлбетте, жәҳәннем азабы – мәңги.

66. Әлбетте, ол – ең жаман орын ҳәм ең жаман турар жер».

67. Олар напақа қылғанда ысырап та, сықмарлық та қылмайды. (Услаған жолы) екеўиниң ортасында орташа болды.

68. Олар Аллаҳға қосып, басқа «илаҳ»ға илтижа қылмайды ҳәм Аллаҳ (өлтириўди) ҳарам қылған жанды наҳақ өлтирмейди ҳәм де зина қылмайды. Ким усыны (жаман ислерди) қылса, гүнаға (азапқа) ушырайды,

69. Қыяметте оның азабы көбейтип бериледи ҳәм ол сол жерде хорланған ҳалда мәңги қалады.

70. Тек ким (бул дүньяда) тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ис қылса, онда Аллаҳ әне солардың жаманлық (гүна)ларын жақсылық (саўап)қа алмастырады[18]. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

71. Ким тәўбе қылып, ийгиликли ис қылса, онда, әлбетте, ол Аллаҳға (разылығы ҳәм мағфиратына) қайтады.

72. Олар (Роҳманның сүйикли бенделери) өтирик гүўалық бермейди ҳәм бийҳуўда нәрсе (сөз ямаса ис)лердиң алдынан өтсе, ҳүрметлерин сақлап (оннан жүз бурған ҳалда) өтеди.

73. Оларға Рәббисиниң аятлары еслетилгенде, (ҳүрмет қылып) герең ҳәм соқыр ҳалда жығылмайды, (ал оларды аңлап-билип әмел қылады).

74. Олар: «Рәббимиз, Өзиң бизлерге ҳаялларымыздан ҳәм зүрядларымыздан көзимиз қуўанышын бер ҳәм бизлерди тақўалыларға жолбасшы қыл!» –дейтуғынлар.

75. Әне солар сабыр еткени ушын (жәннеттеги) жоқары дәреже менен сыйлықланады ҳәм ол жерде (периштелер тәрепинен) сәлем ҳәм аманлық пенен күтип алынады.

76. Олар ол жерде мәңги қалады. Ол ең гөззал орын ҳәм турар жер.

77. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Егер дуўаларыңыз болмағанда, Рәббим сизлерге ҳеш итибар бермес еди. Енди ҳақыйқатында да, сизлер (Аллаҳ жиберген пайғамбарларды) жалғанға шығардыңыз. Енди сизлерге (азап) лазым болады», – деп айт.



[1] 25. ФУРҚОН СҮРЕСИ

Фурқон – ажырым етиўши. Муфассирлер буның мәнисин «ҳақ пенен жалғанды, ҳидаят пенен адасыўды ажыратып бериўши илаҳий китап. Оннан мурат Таўрат, Забур, Инжилдиң түп нусқалары яки Қураны кәрийм», – деп түсиндирген.

Сүреде ислам ақыйдаларына тийисли мәселелер, ийман, ислам, күпир, ширк, жәннет, дозақ, пайғамбарлар, ҳидаят, адасыў ҳәм басқа мағлыўматларды оқыйсыз.

[2] 4-аят. Назр ибн Ҳарс Муҳаммадқа (а.с.) дөҳмет қылып: «Оған яҳудийлер, Аддас ибн Убайд, Ясор, Әбиў Фукайҳа ар-Румий, Убайд Ҳабаший ал-Қоҳин, Жабир киби руўханыйлар аятлар тоқыўда жәрдем берип атыр» – деген гәп тарқатқан еди (Мд. Хз.).

[3] 5-аят. Ҳәдисте айтылады: «Ким, мен айтпаған гәпти айтты, деп дөҳмет қылса яки өзиниң ата-анасын инкәр етип, өзиниң шығысын басқалардан деп даўа қылса яки қул өзиниң хожасы турып, басқа адамды өзиниң хожайыны десе, ондай адам жәҳәннем ишинен өзине орын таңлай берсин!» Пайғамбарымызды (а.с.) бир шайыр деп көрди, бир мәжнүн деп айтты, бир сыйқыршы деди. Бирақ, олардың ҳәммеси наҳақ, ал ол Аллаҳтың пазыйлети ҳәм мәрҳаматы менен ҳақ болып шықты (ИК).

[4] 16-аят. Аллаҳтағы соралыўшы ўәде – бул дүньяда мөминлердиң: «Ҳәй Рәббимиз! Бизге бул дүньяда да, ақыретте де жақсылықларды инам ет, дозақ азабынан бизлерди сақла!» киби дуўаларды оқығанлары ҳәм Аллаҳтың «Маған илтижа қылың, ижабат етемен» деп берген ўәдесине муўапық айтылған сөз. Аллаҳтың өзи ўәде қылғаны ушын ғана оған опа қылатуғыны анық. Кери жағдайда, Оған ҳеш қандай ўазыйпа ўәжиб болмайды. Тек Өзи айтқанындай, Ол берген ўәдесине сирә қылапылық етпейди (Мд. Хз.).

[5] 18-аят. Қыямет күни қәлпеки мабудлар, яғный бут ҳәм сәнемлерге Аллаҳ таала тил инам етип, оларға сыйынғанлар менен жүзбе-жүз сораў-жуўап қылғанда мабудлардың өзи олардың зыянына гүўалық бергеннен кейин, жалған ақыйдалары әшкара болады екен.

[6] 20-аят. Қудсий ҳәдисте Аллаҳ таала айтады: «Ҳәй расулым! Мен Сениң сынаўшыңман ҳәм Сен арқалы басқаларды сынайман» (Мс. ИК).

Улыўма бул дүнья сынаў майданы есапланады. Ал, сынаў нәтийжелери ақыретте белгили болады.

[7] 25-аят. Ибн Аббастың (рз.) сөзи бойынша, қыямет күни биринши гезекте Жерге жақын турған аспан жарылып, оның үстиндеги периштелер Жерге түседи. Олардың саны Жердеги жинлерден көп болады. Соң екинши аспан да жарылып, ондағы периштелер де Жерге түседи. Олардың саны биринши аспандағылардың санынан көп болады. Усы тәризде жетинши аспан, ақырында Аршты көтерип турған периштелер де Жерге түседи (Хз.).

[8] 29-аят. Қыямет күни бармақларды тислеп, пушайман болыўшы залым дегенде бул аятларда Ақаба ибн Әбиў Муайт нәзерде тутылған. Оны Исламнан қайтарған шахс Убай ибн Халаф еди.

[9] 32-аят. Тартийл – бул Қуранды дана-дана қылып, анық ҳәм тынық оқыў. Бул жерде Жәбрайылдың (а.с.) оқып бериўи нәзерде тутылған.

[10] 37-аят. «Пайғамбарларды» сөзиниң көплик санда келиўине еки түрли түсиник берилген. Бириншиси – Нуҳ (а.с.) ҳәм оннан алдын өткен пайғамбарларды инкәр еткени. Екиншиси – Нуҳты (а.с.) инкәр еткени барлық пайғамбарларды инкәр еткени есапланыўы.

[11] 38-аят. Қудық ийелери – Шуайбтың (а.с.) апатқа ушыраған итаатсыз қәўими.

[12] 43-аят. Рәўиятларға қарағанда сәнемлерге сыйыныўшы мушриклер бир тасқа сыйынып турғанда оннан шырайлы тасты көрип қалса, дәрҳал алдынғысын таслап жиберип, жаңасына сыйына баслайды екен. Яғный, кеўиллерине келген пикирге илесип кете береди екен (Мд. Хз.).

[13] 44-аят. Аятлардан соны билдик, Жер менен аспанлардағы барлық нәрселер, соның ишинде, ҳайўанлар да Аллаҳға тасбиҳ айтып, сәжде қылады екен. Саналы мақлуқат бола турып жаратқанды тән алмаған ҳәм Оның неъматларына нашүкирлик қылған инсанлар жақсылықты билетуғын, ийесиниң хызметинен бас тартпайтуғын айырым санасыз ҳайўанлардан бетер екени айтылмақта (Мд.).

[14] 52-аят. Мәккә мушриклери Ҳәзирет Расулға (а.с.) ата-бабалары сыйынған қәлпеки мабудаларға сыйыныў ҳәм жаңа таўҳид динин тәрк етиўди усынғанда, Аллаҳ таала олардың бул усынысына қарсы болыўға ҳәм олар менен илаҳий аятлар арқалы тартыс жүргизиўге буйырмақта.

[15] 59-аят. «Мустаўий» сөзиниң тәфсири ҳаққында алдын да баян етилди. Мушриклер «ар-Роҳман» сөзи Аллаҳтың исми екенине исенбей, ал Ямама қәўиминен шығып, пайғамбарлыққа даўагерлик қылған Мусайлиманы олар «Ямама роҳманы» деп билетуғын еди. Оларға «ар-Роҳман» ҳаққында китап ийелеринен сорасын, себеби олардың илаҳий китапларында Аллаҳтың бул исми зикир етилген, делинбекте.

[16] 60-аят. Сәжде аяты.

[17] 63-аят. Усы аяттан баслап 76-аятқа шекем беккем ийман ҳәм ықласлы солиҳ мөминлердиң жақсы сыпатлары мақталған. Олар сыпат түринде зикир етилген болса да, барлық мөмин-мусылманлар оларды илаҳий усыныс, ҳәтте, буйрық сыпатында қабыл етиўи лазым есапланады.

[18] 70-аят. Гүнаның саўапқа айланып қалыўы қандай мәниге ийе болатуғыны ҳаққында түрлише тәфсирлер бар. Мәселен, бурынғы гүналары тәўбе менен өшип, орнына саўаплы ислерди қылыў менен; гүна қылыў қәбилети саўаплы ис қылыў қәбилетине айланыўы менен; Аллаҳтың таўфиқы себепли ибадат ҳәм қайырлы ис қылыўға өтиў менен ҳәм т.б. Ҳәдисте айырым мөминлердиң кабира гүналары кеширилип, сағира гүналары мақтаўға айландырылыўы ҳаққында хош хабар берилген (Мс. Мд. Қз.).