1. Ҳаа. Мийм.
2. (Бул Қуран –) Қүдиретли, Илимли Аллаҳтан (тәрепинен) нәзил етилген Китап.
3. (Ол –) гүнаны кешириўши, тәўбени қабыл етиўши, азабы қатты ҳәм кеңшилик ийеси. Оннан өзге илаҳ жоқ. (Қыямет күни) қайтыў – тек Оның Өзине ғана.
4. Аллаҳтың аятлары ҳаққында тек күпир келтиргенлер ғана таласып-тартысады. Енди олардың қалама-қала гезиўи[2] сени алдап қоймасын.
5. Олардан (Мәккә кәпирлеринен) алдын Нуҳ қәўими ҳәм олардан кейинги (Ад, Самуд киби) топарлар да (өз пайғамбарларын) өтирикшиге шығарған еди. Ҳәр бир үммет өз Пайғамбарын услаўды (өлтириўди) қәледи ҳәм ҳақты жоқ қылыў ушын наҳақлық пенен тартысты. Бирден Мен оларды (Өз азабым менен) усладым. Енди Мениң азабым қандай болды?!
6. (Ҳәй Муҳаммад! Қәўимиңиз арасында) күпир келтиргенлерге де Рәббиңниң (азап ҳаққындағы) сөзи тап усындай ҳақ болды. Әлбетте, олар – дозақ ийелери.
7. Аршты көтерип турғанлар ҳәм оның әтирапындағылар (периштелер жалғыз) Рәббисине ҳамд пенен тасбиҳ айтады, Оған ийман келтиреди ҳәм ийман келтиргенлерди кешириўин сорап: «Я Рәббимиз, мийримиң ҳәм илимиң менен ҳәр бир нәрсени ийелегенсең, енди тәўбе қылып, жолыңа ергенлерди кешир ҳәм оларды дозақ азабынан сақла!
8. Я Рәббимиз, оларды да, олардың ата-бабаларынан, жубайларынан ҳәм зүрядларынан жақсы болғанларды да Өзиң оларға ўәде еткен мәңги жәннетлериңе киргиз! Әлбетте, Сениң Өзиң – Қүдиретли, Ҳикметлисең.
9. Өзиң оларды жаманлықлардан сақла, сол Күни (қыяметте) кимди жаманлықлардан сақласаң, ҳақыйқатында да, оған рейим қылған боласаң. Әне усы – уллы утыс» (– деп дуўа қылады).
10. Әлбетте, күпир келтиргенлерге (қыямет күни): «Сизлер (дүньяда) ийманға шақырылғаныңызда күпир келтирген ўақтыңыздағы Аллаҳтың жаман көриўи (бүгинги) сизлердиң өзиңизди жаман көриўиңизден үлкенирек», – деп нида қылынады.
11. Олар: «Я Рәббимиз, Сен бизлерди еки мәрте өлтирдиң ҳәм еки мәрте тирилттиң[3]. Кейин, бизлер (дүньяда қылған) гүналарымызды мойнымызға алдық. Енди (бул азаптан) шығыўға бир жол бар ма?» – дейди.
12. (Яқ!) Буған себеп (сизлерди) Аллаҳға (ибадат қылыўға) шақырылғанда, күпир келтиргениңиз ҳәм Оған ширк келтирилсе, исенип кеткениңиз. Енди ҳүким Жоқары, Үлкен Аллаҳтики[4].
13. Оның Өзи сизлерге белгилерин көрсетеди ҳәм аспаннан сизлерге ырысқы түсиреди. (Бирақ, бул белгилерден) тек (Аллаҳға) тәўбе қылатуғын адам ғана еслетпе алады.
14. Енди (ҳәй мөминлер!) Егер кәпирлер жаман көрсе де, Аллаҳға – Оған динди қалыс қылған ҳалыңызда дуўа (ибадат) қылың!
15. (Ол –) дәрежелерди көтериўши, Арштың да ийеси. Ол бенделеринен қәлегенин адам (пайғамбар)ларға жолығыў күнинен (қыяметтен) ескертиў ушын Өз буйрығы менен руўхты (ўаҳийди) түсиреди.
16. Олар (қәбирлеринен) көринетуғын (шығатуғын) Күни (қыяметте) Аллаҳға олардан ҳеш нәрсе де жасырын болмайды. «Бүгин патшалық кимдики?» (деп сорап, Өзи жуўап береди:) Жалғыз, Қоҳҳар (ҳәмме мақлуқатларды қүдирети менен бойсындырып, өз ҳүкимин ендириўши) Аллаҳтики!»
17. Бүгин (қыяметте) ҳәр бир жан өзи ислеген исине жараса жаза алады. Бүгин (ҳеш кимге) зулым (наҳақлық) қылыў жоқ[5]. Әлбетте, Аллаҳ – есапты тез қылыўшы.
18. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оларды жақын күннен (қыяметтен) ескерт! Сол ўақытта олардың жүреклери алқымына келип, қайғыға толып турады. Залымлар (кәпирлер) ушын (ол Күни) ҳеш бир дос та, итаат қылынатуғын шәпәәтши де болмайды.
19. (Аллаҳ) көзлердиң қыянетин де (қараў қадаған етилген нәрсеге жасырын көз таслаўын да), кеўиллер жасырын тутқан нәрселерди (жаман нийетлерин) де биледи[6].
20. Аллаҳ ҳақыйқат пенен ҳүким қылады. Оны (Аллаҳты) қойып сыйынып атырған нәрселериңиз (бутларыңыз) ҳеш нәрсеге ҳүким қылмайды. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи – Еситиўши, Көриўши.
21. Олар Жер бетинде жүрип, өзлеринен алдын өткенлердиң (иймансыз, итаатсыз болғанлардың) ақыбети қандай болғанына қарамай ма?! Олар (алдынғы қырылып кеткен үмметлер) соларға (Мәккә мушриклерине) қарағанда күш-қуўатта ҳәм жердеги излеринде (салған имаратларында) зор еди. Кейин, Аллаҳ оларды гүналары себепли услады. Оларға Аллаҳтан басқа бир де сақлаўшы болмады.
22. Буған оларға пайғамбарлары ҳүжжетлерди келтиргенде, олардың инкәр етиўи себеп болды. Кейин, Аллаҳ оларды услады (өлтирди). Әлбетте, Ол – Күшли, азабы қатты.
23. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаны аятларымыз ҳәм ашық ҳүжжет пенен жибердик
24. Фиръаўн, Ҳаман ҳәм Қарунға. Олар: «(Муўса –) сыйқыршы, өтирикши», – деди.
25. Қашан Муўса оларға Бизиң алдымыздан ҳақыйқат (пайғамбарлық) пенен келгенде, олар: «Оның менен бирге ийман келтиргенлердиң улларын өлтирип, қызларын тири қалдырың!» – деди. (Бирақ,) кәпирлердиң ҳийлеси тек ғана адасыўда (зая болады).
26. Фиръаўн: «Маған қойып бериң, Муўсаны өлтиремен. Ол Рәббисине дуўа қылсын қәне (қутқарар ма екен)! Әлбетте, мен (Муўса) сизлердиң диниңизди өзгертип жибериўинен ҳәм Жер бетинде бузғыншылық ҳәўиж алыўынан қорқып атырман», – деди[7].
27. Муўса: «Әлбетте, мен Рәббим ҳәм Рәббиңизден есап Күнине ийман келтирмейтуғын бәрше тәкаббырлардан (олардың жаманлықларынан) пана бериўин сорайман», – деди.
28. (Сонда) Фиръаўн шаңарағынан болған, ийманын жасырып жүретуғын бир мөмин адам[8] айтты: «Бир адамды, «Мениң Рәббим – Аллаҳ», – дегени ушын өлтиресиз бе?! Ал, ол сизлерге Рәббиңизден ҳүжжетлер алып келди. Егер ол өтирикши болса, өзине (зыян). Егер расгөй болса, онда ол ўәде етип атырған (азаплардан) айырымлары сизлерге тийеди. Әлбетте, Аллаҳ ысырапкерлерди (ҳәдден асыўшыларды), өтирикшилерди ҳидаят қылмайды.
29. Ҳәй қәўимим, бүгин патшалық сизлердики, Жер бетинде шығып турыпсыз (үстемсиз). Егер бизлерге Аллаҳтың азабы келсе, онда бизлерге ким жәрдем береди?!» Фиръаўн: «Мен тек өзим көрип атырған нәрсени (Муўсаны өлтириўди) сизлерге көрсетип атырман, сизлерди тек туўры жолға баслап атырман», – деди.
30. Ийман келтирген адам айтты: «Ҳәй қәўимим! Әлбетте, мен сизлерге де мисли (өткен) топарлардың күни (түсиўи)нен қорқаман.
31. (Олар) Нуҳ қәўими, Ад, Самуд (қәўимлери) ҳәм олардан кейингилердиң (күпир жолын тутқанлардың) әдети киби. Аллаҳ бенделерге зулым қылыўды қәлемейди.
32. Ҳәй қәўимим! Әлбетте, мен сизлерге шақырыў (қыямет) күни (келиўи)нен қорқаман.
33. Ол Күни сизлер артқа қарап қашасыз, (бирақ) сизлер ушын Аллаҳтан (азабынан) ҳеш бир қутқарыўшы болмайды. Кимди Аллаҳ адастырса, енди оның ушын ҳеш бир ҳидаятқа баслаўшы болмайды.
34. Ҳақыйқатында да, буннан алдын Юсуф[9] сизлерге (ата-бабаларыңызға) ашық-айдын ҳүжжетлер менен келгенде, сизлер ол әкелген нәрсеге шубҳаланып, турып алдыңыз. Қашан ол қайтыс болғанда: «(Енди Юсуфтан) кейин Аллаҳ сирә пайғамбар жибермейди», – дедиңиз. Ҳәдден асыўшы ҳәм ысырапкерлерди Аллаҳ Усылай етип (туўры жолдан) адастырады.
35. Аллаҳтың аятлары ҳаққында өзлерине келген ҳүжжетсиз таласып-тартысатуғынлар Аллаҳтан да, ийман келтиргенлерден де қатты ғәзепке ушырайды. Аллаҳ ҳәр бир тәкаббыр, зорлық қылыўшы[10]ның қәлбин усылай етип тамғалайды.
36. Фиръаўн айтты: «Ҳәй Ҳаман! Маған бир (бәлент) сарай қур, қәнекей, сонда мен (оның үстине шығып,) себеплерге жетсем (жолларға қарасам)
37. аспанлардың себеплерине (жолларына)[11]. Сонда Муўсаның илаҳын көрсем, әлбетте, мен оны өтирикши деп, ойлап атырман». Фиръаўнға оның жаман әмели усындай зийнетли көрсетилди ҳәм ол (туўры) жолдан тосылды. Фиръаўнның бәрше ҳийлеси – тек (өзине) ғана зыян.
38. Ийман келтирген адам айтты: «Ҳәй қәўимим! Маған ериң, мен сизлерди туўры жолға баслайман.
39. Ҳәй қәўимим! Бул дүнья өмири тек бир (арзымас) буйым. Әлбетте, ақырет ғана турақлы үлке.
40. Ким бир жаманлық қылса, (ақыретте) тек соның жазасын ғана алады. Еркек пе, ҳаял ма – ким мөмин болған ҳалында ийгиликли ис қылса, енди әне солар жәннетке киреди. Ол жерде оларға есапсыз ырысқы бериледи.
41. Ҳәй қәўимим! Неге мен сизлерди утысқа (жәннетке) шақырсам, сизлер мени дозаққа шақырып атырсыз?!
42. Сизлер мени Аллаҳға күпир келтириўиме ҳәм өзим билмейтуғын нәрсени Оған ширк келтириўиме шақырып атырсыз. Ал, мен сизлерди Қүдиретли, Кеширимлиге (Аллаҳға) шақырып атырман.
43. Әлбетте, сизлер мени оған (ибадат қылыўға) шақырып атырған нәрселериңиз (бутларыңыз), шубҳасыз, дүньяда да, ақыретте де (ҳеш кимди) шақыра алмайды. Әлбетте, (бәршемиздиң) Аллаҳға қайтыўымыз бар. Әлбетте, ысырапшылар – әне солар ғана дозақ ийелери.
44. Еле мен сизлерге айтып атырған сөзлерди еслейсиз. Мен исимди Аллаҳға тапсырдым. Әлбетте, Аллаҳ – бенделерин анық көрип турыўшы».
45. Кейин Аллаҳ оны (ийман келтирген адамды) олардың жаман ҳийлелеринен сақлады ҳәм Фиръаўн шаңарағын жаман азап орап алды.
46. (Ол азап қәбирдеги бир) жалын болып, олар азанлы-кеш оған тутып турылады. Ал, қыямет болатуғын күни: «Фиръаўн шаңарағын ең қатты азапқа киргизиң!» (– деп айтылады)[12].
47. Сол ўақытта олар дозақта бир-бири мен таласып-тартысып, әззилер тәкаббырларға (алдынғы баслықларына): «Әлбетте, бизлер сизлерге ерген едик. Енди сизлер бизлерден дозақтың бир бөлегин алып таслай аласыз ба?!» – дейди.
48. Тәкаббырлар: «Әлбетте, ҳәммемиз оның (дозақтың) ишиндемиз. Әлбетте, Аллаҳ бенделери арасында ҳүким шығарып болды», – дейди.
49. (Сонда) дозақта турғанлар жәҳәннем қорықшыларына: «Рәббиңизге дуўа қылың, бизлерден бир күн азапты жеңиллетсин!» – дегенинде,
50. олар: «Сизлерге пайғамбарларыңыз ашық-айдын ҳүжжетлер менен келмеген бе еди?!» – дейди. Булар: «Аўа (келген еди, бирақ бизлер оларды өтирикшиге шығарған едик», – дейди. (Сонда периштелер оларға): «Енди дуўа қыла бериң! (Бирақ,) кәпирлердиң дуўасы тек адасыўда (пайдасы жоқ)», – дейди.
51. Әлбетте, Биз пайғамбарларымызға ҳәм ийман келтиргенлерге дүнья өмиринде де ҳәм гүўалар туратуғын Күни де (қыяметте де) жәрдем беремиз[13].
52. Ол Күни залымларға (кәпирлерге) үзирлери пайда бермейди. Оларға нәлет болады ҳәм оларға жаман орын (дозақ) болады.
53. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға ҳидаятты бердик ҳәм Исрайыл әўладын Китап (Таўрат)қа мийрасхор қылдық,
54. ақыл ийелерине ҳидаят ҳәм еслетпе болыўы ушын.
55. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сабыр ет! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ. Гүнаң ушын кеширим сора[14] ҳәм күни-түни Рәббиңе ҳамд пенен тасбиҳ айт!
56. Әлбетте, Аллаҳтың аятлары ҳаққында өзлерине келген ҳеш бир ҳүжжетсиз таласып-тартысатуғынлардың кеўиллеринде тек тәкаббырлық ғана бар. Олар оған жетиўши емес. Солай екен, сен Аллаҳтан пана сора![15] Әлбетте, Оның Өзи – Еситиўши, Көриўши.
57. Әлбетте, аспанлар ҳәм Жерди жаратыў адамларды жаратыўдан үлкенирек (ис). Бирақ, адамлардың көпшилиги (буны) билмейди.
58. Соқыр менен көриўши тең болмайды. Ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанлар менен жаманлық қылыўшылар да тең болмайды. Жүдә аз еслетпе аласыз.
59. Әлбетте, қыямет – келиўши. Ол ҳаққында шубҳа жоқ. Бирақ, адамлардың көпшилиги (оған) ийман келтирмейди (исенбейди).
60. Рәббиңиз: «Маған дуўа қылың, сизлер ушын (дуўаларыңызды) қабыл етемен», – деди[16]. Әлбетте, Маған ибадат қылыўдан тәкаббырлық қылғанлар жақында жәҳәннемге хор болған ҳалында киреди.
61. Аллаҳ сизлерге дем алыўыңыз ушын түнди, (кәсип ҳәм сейил қылыўыңыз ушын) күндизди жақты қылып жаратқан. Әлбетте, Аллаҳ – адамлар ушын кеңшилик ийеси. Бирақ, адамлардың көпшилиги шүкир етпейди.
62. Мине, усы Аллаҳ – Рәббиңиз. (Ол –) бәрше нәрсениң жаратыўшысы. Оннан өзге илаҳ жоқ. Енди (туўры жолдан) қаяққа бурылып баратырсыз?!
63. Аллаҳтың аятларын инкәр ететуғынлар усылай бурылып кетеди.
64. Аллаҳ сизлерге Жерди туратуғын орын, аспанды төбе етип қойған ҳәм сизлерге сүўрет (көринис) берип, сүўрет (көринис)лериңизди гөззал қылған, сизлерге пәк нәрселерден ырысқы берген[17]. Мине, усы Аллаҳ – Рәббиңиз. Солай екен, әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳ берекетли.
65. Ол – (мәңги) Тири[18]. Оннан өзге илаҳ жоқ. Солай екен, сизлер Оған динди қалыс қылған ҳалда дуўа (ибадат) қылың! Барлық ҳамд әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳға.
66. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Әлбетте, мен өзиме Рәббимнен ҳүжжетлер келиўи менен-ақ, сизлер сыйынып атырған нәрселерге ибадат қылыўдан қайтарылғанман[19] ҳәм бәрше әлемлердиң Рәббисине бойсыныўға буйырылғанман», – деп айт.
67. Ол сизлерди (Адамды) топырақтан, соң (әўладларын) нутфадан (суўдан), соң уйыған қаннан жаратқан. Соң Ол сизлерди (ана қарнынан) гөдек ҳалыңызда (дүньяға) шығарады. Соң (Ол) сизлерди ер жетиўиңиз ушын, соң қартайыўыңыз ушын (имканият береди). Сизлердиң ишиңизден оннан (ер жетиўинен ямаса қартайыўынан) алдын қайтыс болатуғынлары да бар. (Ол) сизлерди белгиленген әжелге жетиўиңизге (қойып береди). Қәнекей, (бул ҳаққында) ақыл ислетсеңиз.
68. Ол тирилтеди ҳәм өлтиреди. Қашан бир иске ҳүким қылса, тек оған: «Бол!» – дейди, кейин ол (ис) болады.
69. Аллаҳтың аятлары ҳаққында тартысатуғынларды көрмедиң бе?! Қаяққа бурылып баратыр?![20]
70. Китапты (Қуранды) ҳәм Биз пайғамбарларымыз бенен жиберген нәрселерди (Китапларды) жалғанға шығарғанлар жақында (қыяметте) биледи.
71. Сол ўақытта олар мойынларында кисенлер ҳәм шынжырлар менен сүйреледи
72. қайнап турған суўға. Соң отта күйдириледи.
73. Кейин оларға айтылады: «Ширк келтирип жүрген нәрселериңиз қәне,
74. Аллаҳты қойып?!» Олар: «Олар (бутлар) биз(лердиң көзимиз)ден жоғалып қалды. Яқ, илгери (дүньяда) ҳеш нәрсеге дуўа (ибадат) қылмаған едик», – дейди. Аллаҳ кәпирлерди Усылай етип (жолдан) адастырады.
75. Буған (усы азапқа жолығыўыңызға) себеп – Жер бетинде наҳақтан қуўанып жүргениңиз ҳәм ойнап жүргениңиз.
76. Жәҳәннем есиклеринен ол жерде мәңги қалыўшы болған ҳалыңызда кириң! Тәкаббырлардың орны буншелли жаман!
77. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сабыр ет! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ. Енди Биз саған оларға (кәпирлерге) ўәде қылып атырған нәрселеримизден (азаптан) айырымларын көрсетсек[21] те ямаса сени (оларға азап келиўинен алдын) жаныңызды алсақ та, (олар) тек Бизге ғана қайтарылады.
78. Ҳақыйқатында да, Биз сеннен алдын (көп) пайғамбарларды жибергенбиз. Олардан Биз саған қыссасын айтқанымыз да бар, және олардан Биз саған қыссасын айтпағанымыз да бар[22]. Ҳеш бир пайғамбар Аллаҳтың руқсатысыз мөжиза келтире алмайды. Солай екен, қашан Аллаҳтың буйрығы келгенде, ҳақыйқат пенен ҳүким шығарылады ҳәм сол ўақытта наҳақ ис қылыўшылар зыян көреди.
79. Аллаҳ сизлерге шарўа ҳайўанларынан айырымларын миниўиңиз ушын, айырымларын жеўиңиз ушын (пайда) қылды.
80. Сизлерге олардан (көп) пайдалар бар. (Ол ҳайўанлар) сизлер олардың үстинде кеўиллериңиздеги қәжетлерге жетиўиңиз ушын да (жаратылған). Сизлерди (қурғақлықта) олар (ҳайўанлар) үстинде ҳәм (теңизлерде) кемелер арқалы апарыласыз.
81. (Аллаҳ) сизлерге Өз белгилерин көрсетеди. Енди Аллаҳтың қайсы белгилерин инкәр етесиз?!
82. Олар Жер бетинде жүрип, өзлеринен алдынғылардың ақыбети қандай болғанына қарамай ма?! Олардың буларға қарағанда саны көбирек, қуўатлырақ ҳәм Жер бетинде излери (салған сарайлары) артығырақ болған еди. (Бирақ,) оларға кәсип қылған нәрселери пайда берген жоқ.
83. Қашан оларға пайғамбарлары ҳүжжетлерди әкелгенде олар өзлериндеги (дүнья) илими менен қуўанды[23]. Оларды өзлери (жоқ деп) масқаралаған нәрсе (азап) орап алды.
84. Кейин, қашан олар Бизиң азабымызды көргенде: «Жалғыз Аллаҳға ийман келтирдик ҳәм Оған (илгери Аллаҳға) шерик қылып алған нәрселеримизге күпир келтирдик», – дейди.
85. (Бирақ,) Бизиң азабымызды көрген ўақыттағы ийманлары оларға пайда бермейди. (Бул –) Аллаҳтың бенделери ҳаққында (еңгизген) жолы[24]. Сол ўақытта (ийманлары қабыл болмағаннан кейин) кәпирлер зыян көрди.
[1] 40. ҒОФИР СҮРЕСИ
Бул сүрени үш түрли атама менен атаған. Бириншиси – сүрениң өзинен алынған Аллаҳтың исми – «Ғофир». Екиншиси – «Мөмин». Ол сүрениң 40-аятынан алынған. Үшиншиси – «Ҳа, мим».
Сүрениң Ислам ақыйдасына тийисли мағлыўматлар, ийман, исеним, күпир, ширк, ҳақ ҳәм наҳақлық, улыўма, жақсылық пенен жаўызлық арасындағы гүрес, периштелер ҳәм пайғамбарлар қыссасы, атап айтқанда, Муўса (а.с.) менен Фиръаўн ортасында болған келиспеўшиликлер өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 4-аят. Яғный, кәпирлердиң қалама-қала саўда ҳәм басқа себеплер менен саяхат қылып жүриўи Сизлерди (мусылманларды) өкситип қоймасын. Себеби, олардың бул дүньядағы зыяпатлары қаншелли жоқары дәрежеде болмасын, ол пәний ҳәм ақыретте көретуғын зыянларына қарағанда арзымаған нәрсе есапланатуғыны анық.
[3] 11-аят. Еки рет өлтирип, еки рет тирилтиўи дегенде – ананың қарнында төрт айға шекем жансыз болыўы, соң жанланып, жасаўы, әжели жеткенде қайтыс болыўы, соң қыямет күниндеги тирилиў есапланады (Мд.).
[4] 12-аят. Қатода (рҳ.) сөзи бойынша, Әлийге (рз.) қарсы шыққан хаўарижлер ағымы «муҳаккима» яки «муҳаккимун» деп те аталатуғын еди. Әлий (рз.) «Олар кимлер?» – деп сорағанда, кимдур оларды тәрийплеп: «Олар ҳүким Аллаҳтики, дейтуғын ағым», – дегенде Әлий (рз.): «Наҳақ нәрсени нийет қылып турып айтылған ҳақ сөз ол», – деген екен (Мд.).
Ҳақыйқатында да, әййемнен көп ағымлар аўызларында ҳақ сөзлерди айтып, адамларға өзлерин ҳақыйқатшыл қылып көрсетиўге урынып келеди. Бирақ, олардың нийети ҳәм ғәрезлерин әмелде ислеген қылмыслары әшкара қылып қойғаннан соң, адамлар ҳақыйқатты кеш болса да түсинип жетеди.
[5] 17-аят. Қудсий ҳәдисте Аллаҳ таала айтады: «Ҳәй бенделерим! Мен зулымды өзиме ҳарам қылдым. Сизлердиң араңызда да зулым болыўын ҳарам қылдым. Сонлықтан зулым қылмаң!» (Мс. ИК).
[6] 19-аят. Бул аятты Ибн Аббас (рз.) тәфсир қылып: «Буның мысалы – биреўдиң үйине кирген адамлардың ишинде яки алдынан бир шаңарақ ағзалары өтип қалса, олардың арасында шырайлы қыз болып, оған тигилип қарай береди. Қыздың қасындағылар оның қарап атырғанын сезгенде көзин алып қашады, сезбесе, және тигиле береди. Аллаҳ оның кеўлинен не ойлар кешип атырғанын, яғный имканияты болса, әўретине де қараўға таяр екенин билип турады», – деген. Ҳәдисте: «Тосаттан көзиң басқа ҳаялға бир мәрте түсип қалса, зыяны жоқ. Бирақ, оған қайталап қарама!» – делинген (Қр.).
Заҳҳактың (рҳ.) тәфсири бойынша, көрмеген нәрсесин көрдим, көрген нәрсесин көрмедим, деп айтыў ямаса сөзсиз көз бенен ишара қылыў есапланады (ИК).
[7] 26-аят. Фиръаўн азғантай бәне менен адамларды өлтире беретуғын рейимсиз болып турып, өзиниң ашық душпаны – Муўсаны (а.с.) өлтириўге қәўиминен руқсат сорап: «Қойып бериң!» – деп гәпти созып отырыўының себеби, ол Муўсаның (а.с.) ҳақыйқый пайғамбар екенин оның мөжизаларын көргенде анық билген еди. Соның ушын оны өлтирсе, Аллаҳтың азабы келип қалыўынан қәўипсинетуғын еди (Мд.).
[8] 28-аят. Ийманын жасырып жүретуғын адам қибтий яки яҳудий екенинде тартыс бар. Ол Фиръаўнның әмекисиниң баласы да делинген. Оның исми Самъан, Ҳабиб, Ҳизбил яки Жибрил уқсаған исимлерден бири екени ҳаққында рәўият қылынған. Ол Муўсаға (а.с.) келтирген ийманын Фиръаўннан жасырып жүретуғын еди (Мд. Хз.).
Ол Қарунның әмекисиниң баласы, әкеси тәрептен Фиръаўнға ағайин, ал анасы яҳудий еди, деген рәўият та бар (Лс.).
«Қосос» сүресиниң 20-аятында Муўсаға (а.с.) келип қастыянлық ҳаққында хабардар қылған да сол адам еди.
[9] 34-аят. Юсуф (а.с.) дәўириндеги Фиръаўн менен Муўса (а.с.) дәўириндеги Фиръаўн бир, деген Ўаҳб ибн Мунаббаҳтың сөзи қалған барлық муфассирлердиң тәфсирине қарама-қарсы (Лс.).
[10] 35-аят. Аяттағы «зорлық қылыўшы» сөзиниң арабшасы «жаббар» түринде келген. Бул сөз Аллаҳтың гөззал исимлериниң қурамында бар ҳәм ол Өзине тән мәниге ийе болады. Бирақ, ол инсанға сыпат көринисинде қолланылғанда басқашарақ мәни аңлатады. Мәселен, Икрима ҳәм Шаъбийлерден (рҳ.) рәўият қылыныўына қарағанда, араблар «жаббар» сыпатын ең кеминде еки инсанды нахақ өлтирген адамға қолланады екен (ИК).
[11] 37-аят. Фиръаўнның бәлент минара қурыўдан және басқа мақсети болыўы да мүмкин. Мәселен, оннан обсерватория сыпатында пайдаланып, жулдызларды бақлаў арқалы жерде болатуғын қубылысларды анықлаў, Муўсаны (а.с.) жалғаншыға шығарыўға қандай да бир дәлил табыў мақсети де болыўы мүмкин (Қз.).
«Аспанлардың жоллары» – ҳәр бир аспаннан басқасына өтетуғын есиклер.
Фиръаўн қурдырған минара ҳаққында қосымша мағлыўмат алыў ушын және «Қосос» сүреси, 38-аятының тәфсирине қаралсын.
[12] 46-аят. Бул аят қәбир азабының ҳақ екенине дәлил қылады. Ҳәдисте: «Ҳәр бириңиз қайтыс болғаныңыздан кейин ҳәр күни азанлы-кеш жәннеттеги орныңыз, набада дозақ әҳли болсаңыз, дозақтағы орныңыз өзиңизге көрсетип турылады. Бул ҳалат қыямет күнине шекем даўам етеди», – делинген (Бх. Мс.).
Ибн Масъудтың (рз.) сөзине қарағанда, суўға ғарқ болып өлген Фиръаўн ҳәмелдарларының руўхлары арнаўлы жаратылған қандай да бир қара қуслардың қарнында сақланып, қыямет күнине шекем азанлы-кеш дозақ пенен ушырастырып турылады (Бғ.).
Қәбир азабы дегенде, өлиниң, әлбетте, қәбирге жерленген яки денениң пүтин сақланған болыўы шәрт емес. Себеби, Фиръаўн ҳәм оның ләшкери суўға ғарқ болған. Бирақ, руўхларының азапта болыўы аят ҳәм ҳәдислерде баян етилиўи бойынша, қәбир азабы денеге емес, руўхқа берилиўи мәлим болады.
[13] 51-аят. Аллаҳтың бул сөзинен пайғамбарлар ҳәм мөминлерге ҳәмме ўақыт үзликсиз жәрдем береди дегени шықпайды, ал айырым пайытлары сынаў ушын жәрдемин солиҳ бенделеринен де узақ тутады (Мд.).
[14] 55-аят. Бул гәпти Расул (а.с.) да гүна ис қылған екен, деп түсинбеў керек. Бул жерде оның ислеген айырым кишкене қәтелери яки мандуб ҳәм мустаҳаб дәрежесиндеги киши әмеллерди тәрк еткени «гүна» деп аталған болыўы ямаса оған қаратылған буйрық үмметине де тийисли, деп тәфсир етилиўи мүмкин (Лс. Мд.).
[15] 56-аят. Бул аят Тәжжал ҳаққында ҳәр қыйлы гәплерди додалап атырған бир топар яҳудийлер ҳаққында нәзил етилген, деген рәўият та бар. Ол бойынша, Расул (а.с.) Аллаҳға илтижа қылып Тәжжалдың жаманлығынан пана тилеўге буйырылған болады (Лс.).
Қыямет белгилеринен саналған Тәжжал ҳаққында Расул (а.с.) өз ҳәдислеринде көп ескерткен.
Аяттағы яҳудийлер жетип барыўы мүмкин болмаған «кибр» («менменлик») не екени ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Солардан бири – Тәжжал. Қалғанлары – Муҳаммадты (а.с.) пайғамбар деп тән алмаған ҳәр бир кәпир, пайғамбарлық әрманы, Пайғамбарды өлтириў ҳәм басқа қара нийетлер (Қр.).
[16] 60-аят. Аяттағы «дуўа» сөзи «ибадат» мәнисинде де келеди. Бул жерде де «илтижа», «таўҳид» ҳәм «ибадат» киби мәнилерди аңлататуғыны айтылған. Ҳәдисте: «Дуўа – бул, ибадат», – делинген (Тр. Мж. Мд.).
[17] 64-аят. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Аллаҳ таала инсанды тик жүретуғын ҳәм тағамды қолы менен алып жейтуғын етип жаратты. Ал, басқа ҳайўанлар, тиккелей аўзы менен жейди». Ҳақыйқатында да, набада инсанды да төрт аяқлап жүретуғын, тағамды аўзы менен алып жейтуғын етип жаратқанда қандай қолайсыз болатуғынын көз алдыңызға келтириң! Және Аллаҳ таала инсанға ырысқы қылып пәкизе, ҳадал ҳәм ләззетли нәрселерди жейтуғын етип жаратқан. Шарўа маллары ҳәм басқа жанзатлардың азығынан инсанның ырысқы-несийбеси көп жағынан парықланатуғыны белгили.
[18] 65-аят. Оның мәңги бақый бар болыўы руўх яки жан менен емес, ал Өзине тән сыпат пенен болып табылады. (Ақ.).
[19] 66-аят. Яғный, «пайғамбар болыўымнан алдын да сизлердиң мабудаларыңызға сыйынбағанман, буннан кейин де оларға сыйынбайман», – деп айтың.
[20] 69-аят. Яғный, Аллаҳ таала Муҳаммадқа (а.с.) айтады, қалай әжепленбейсиз, ҳақыйқатында да, Аллаҳтың аятларын инкәр етип атырған, ҳақ пенен жалған ҳаққында бийҳуўда тартысып атырған бул кәпирлердиң ақыллары ҳидаят тәрептен адасыўға бурылып кетпекте (ИК).
[21] 77-аят. Бул аяттан белгили болғанындай, Расулдың (а.с.) тири ўақытлары оған бойсыныў орнына азар берген айырым кәпирлерге берилетуғын жазаны Муҳаммад (а.с.) тири ўақтында ҳәр қыйлы саўашларда өлтириў яки тутқынға алыў менен орынланып атырғанын көрип дүньядан өтеди ҳәм бул жаза өлиминен кейин де даўам етеди. Ал, ақыреттеги жаза және де қаттырақ болады.
[22] 78-аят. Қураны кәриймде 25 пайғамбардың аты анық ҳәм рәўшан зикир етилген. Ҳәммеси болып неше пайғамбар жиберилгени ҳаққында түрли рәўиятлар бар. Анастың (рз.) сөзи бойынша, төрт мыңы Исрайыл (Яқуб) әўладынан, қалған төрт мыңы басқа династиядан. Басқа рәўиятта 124 мың пайғамбар жиберилген, делинеди. Әлийдиң (рз.) сөзи бойынша, ҳабаш миллетинен де бир пайғамбар шыққан. Бирақ, ол Қуранда зикир етилмеген (Тб. Мд. АС.).
Ақоидқа тийисли китапларда пайғамбарлардың саны ҳаққында қатаң бир сан берилмегени жақсы, делинген. Себеби, Аллаҳ өз Пайғамбарынан да оны сыр тутқаны аяттан көринип тур (Ақ.).
[23] 83-аят. Дүньялық илим ҳәм пәнлер бойынша белгили болған көп философлар өтмиште диний ҳәм ақырет илимлерин қәдирлемеген ҳәм оларды улыўма илимлер қатарына қоспаған (Мд.).
[24] 85-аят. Ақоид бойынша жан бериў алдынан келтирилген ийман да қабыл болмайды (Ақ.).