1. Әлиф. Ләәм. Мийм.
2. Аллaҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол – Тири, мәңги турыўшы.
3. Ол саған Китапты (Қуранды) ҳақ пенен (дәлил менен) өзинен алдынғыны (илаҳий китапларды) тастыйықлаўшы етип түсирди. Ал, Таўрат ҳәм Инжилдиң нәзил болыўы,
4. адамларға ҳидаят болыўы ушын оннан (Қураннан) алдын еди. (Ал, енди Саған ҳақ пенен наҳақты ажыратыўшы Қуранды) Фурқанды нәзил етти. Аллаҳтың аятларына күпир келтиргенлерге қатты азап бар. Аллаҳ – Қүдиретли, (өзине бойсынбағанлардан) өш алыўшы.
5. Әлбетте, Жерде де, аспанда да ҳеш нәрсе Аллаҳға жасырын емес.
6. Ол сизлерге жатырдағы ўақтыңызда қәлеген көринисти береди. Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
7. Ол сизлерге Китапты (Қуранды) нәзил етти. Онда Китаптың «анасы» есапланған айдын аятлар да бар ҳәм муташабиҳ (мәнисин Өзинен басқа билмейтуғын) аятлар да бар[1]. Кеўиллеринде (ҳидаяттан) аўыў бар кимселер (адамларды) алаўызлыққа салыў мақсетинде ҳәм өзиниң талқылаўына қарап мәни бериў мақсетинде оның (Қуранның) муташабиҳ болғанына (аятларына) ереди. Оның (негизги) мәнисин Аллаҳтан басқасы билмейди. Илимде беккем болғанлар: «Оған ийман келтирдик, ҳәммеси Рәббимиз алдынан», – дейди. (Буннан) тек ақыл ийелери ғана еслетпе алады.
8. Я Рәббимиз, бизлерди туўры жолға салғаныңнан кейин кеўиллеримизди (сол туўры жолдан) аўдырма ҳәм бизлерге Алдыңнан мийирманшылық бер. Әлбетте, Сениң Өзиң неъматларды ҳеш бир ҳақысыз бериўшисең.
9. Я Рәббимиз, әлбетте, Сен адамларды шубҳасыз (келетуғын) күнде жыйнаўшысаң. Әлбетте, Аллаҳ ўәдеге терис (ис) қылмайды.
10. Күпир келтиргенлердиң мал-дүньялары да, балалары да олардан Аллаҳтың азабын қайтара алмайды. Әне солар – дозақтың жанылғысы.
11. (Ол күни олардың жағдайы) Фиръаўн әҳлиниң ҳәм олардан алдынғылардың жағдайына уқсайды. Олар аятларымызды жалғанға шығарды. Кейин, гүналары себепли Аллаҳ оларды услады (жазалады). Аллаҳтың жазасы қатты.
12. Күпир келтиргенлерге айт: «Жақында сизлер утыласыз[2]ҳәм жәҳәннемге жыйналасыз. Буншелли жаман жер».
13. «Сизлер ушын (ҳәй Мәккә мушриклери!) соқлығысқан еки топар (ўақыясын)да ибрат бар[3]. Бир топар Аллаҳтың жолында урысады, екиншиси кәпир еди. Олардың (мушриклердиң) көзине олар (мусылманлар) еки есе көп болып көринди. Аллаҳ қәлегенин Өзиниң жәрдеми менен қоллайды. Әлбетте, бунда ақыл ийелери ушын өрнек бар».
14. Адамларға ҳаяллардан, перзентлерден, үйим-үйим алтын-гүмистен, гөззал атлардан, шарўадан, егиннен ибарат кеўил күсейтуғын нәрселерди жақсы көриў зийнетли етип қойылды[4]. Олар – дүнья өмириниң пайдаланылатуғын нәрсеси. Аллаҳтың алдында шырайлы қайтар орын бар.
15. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Булардан да жақсырақ нәрсе ҳаққында хабар берейин бе? Тақўа қылғанларға Рәббиси алдында астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлер, пәкизе жубайлар ҳәм Аллаҳ тәрепинен разылық[5] бар. Аллаҳ – бенделерди көрип турыўшы».
16. (Олар дүньяда): «Рәббимиз, әлбетте, бизлер ийман келтирдик, бизлердиң гүналарымызды кешир ҳәм дозақ азабынан сақла», – дейди.
17. (Олар) сабырлылар, садықлар, итаатлылар, сақаўатлылар ҳәм сәҳәр ўақтында (Аллаҳтан гүналарына) кеширим сораўшы бенделер[6].
18. Аллаҳ әдалат пенен турып, әлбетте, Өзинен басқа илаҳ жоқлығына гүўалық берди. (Буған) периштелер де, илим ийелери де (гүўалық берди). Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
19. Әлбетте, Аллаҳтың алдында (қабыл етилетуғын) дин – Ислам. Китап берилгенлер өзлерине илим келгенинен кейин ғана, (Ислам дини ҳаққында) өз ара бир-бирин көре алмай тартысты. Ким Аллаҳтың аятларына күпир келтирсе, онда, әлбетте, Аллаҳ тез есап-санақ қылыўшы.
20. Егер сениң менен (дин ҳаққында) тартысса, онда сен: «Мен жүзимди Аллаҳға бойсындырдым, маған ергенлер де (сондай қылды)», – деп айт. Китап берилгенлерге (насранийлерге, яҳудийлерге) ҳәм саўатсызларға (мушриклерге): «Мусылман болдыңыз ба?», – деп айт. Егер мусылман болса, онда ҳақыйқатында да туўры жолды таўыпты. Егер жүз бурса, сениң мойныңда тек (Мениң буйрықларымды) жеткизиў ғана бар. Аллаҳ – бенделерди көрип турыўшы.
21. Әлбетте, Аллаҳтың аятларына күпир келтиретуғынлар, Пайғамбарларды наҳақтан өлтиретуғынлар ҳәм әдалатқа шақырыўшыларды өлтириўшилерге аўыртыўшы азаптың «хош хабарын» бер.
22. Ислеген ислери дүньяда да, ақыретте де бийҳуўда болатуғын ҳәм оларға жәрдем бериўшилер болмайтуғынлар – әне солар.
23. (Ҳәй Муҳаммад!) Китап (Таўрат)тан несийбе берилгенлерди көрмедиң бе?! Өзлериниң арасында ҳүким жүритиў ушын Аллаҳтың Китабына шақырылғанында, олардан бир топары жүз бурып кетти.
24. Буның себеби – олардың: «Бизлерге (дозақ) оты тек санаўлы күнлерде ғана тийеди», – дегени[7]. Өзлери тоқып шығарған нәрсеси, өзлерин динде алдап қойды.
25. Оларды шубҳасыз (келетуғын) Күнде топлағанымызда ҳәм ҳәр бир жан зулым қылынбай[8], ислерине жараса жазасын алғанда, (жағдайлар) қалай болады?
26. Айт: «Ҳәмме нәрсениң ийеси болған Аллаҳым! Қәлеген адамыңа мүликти бересең ҳәм қәлеген адамыңнан мүликти тартып аласаң, қәлеген адамыңды қүдиретли қыласаң, қәлеген адамыңды хор қыласаң. Жақсылық – Сениң «қол»ыңда. Әлбетте, Сен – ҳәмме нәрсеге қәдирсең[9].
27. Түнди күндизге киргизесең ҳәм күндизди түнге киргизесең, өлиден тирини шығарасаң ҳәм тириден өлини шығарасаң ҳәм де қәлеген адамыңа есапсыз ырысқы бересең»[10].
28. Мөминлер турғанда мөминлер (өзлерине қарсы турған) кәпирлерди дос қылмасын! Ким буны қылса, онда оған Аллаҳтан (динде) ҳеш нәрсе жоқ. Тек олардан абайлы болыў ушын (жүзеки жақсы мәмиле қылыўыңыз) мүмкин, Аллаҳ сизлерди «Өзинен» (азабынан) ескертеди. Қайтып барыў – Аллаҳға.
29. Сен: «Егер кеўиллериңиздеги нәрсени жасырсаңыз да, ашық-айдын қылсаңыз да, Аллаҳ оны биледи. Ол аспанлардағы нәрсени де, Жердеги нәрсени де биледи. Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир», – деп айт.
30. Ҳәр бир жан қылған жақсы ҳәм жаман ислери таяр қылынған Күнде (қыяметте) олар (жаман ислери) менен оның арасында узақ қашықлық болыўын арзыў етеди. Аллаҳ сизлерди Өзинен ескертеди. Аллаҳ – бенделерин Аяўшы.
31. Сен: «Егер Аллаҳты жақсы көрсеңиз, онда маған ериң. Аллаҳ сизлерди жақсы көреди ҳәм гүналарыңызды кеширеди», – деп айт. Аллаҳ – Кешириўши, Рейимли.
32. Сен: «Аллаҳға ҳәм пайғамбарға бойсының», – деп айт. Енди, егер (диннен) жүз бурсаңыз, онда Аллаҳ, әлбетте, кәпирлерди жақсы көрмейди.
33. Әлбетте, Аллаҳ Адамды, Нуҳты, Ибраҳим шаңарағын ҳәм Имран шаңарағын әлемлер үстинен (пайғамбарлық ушын) таңлап алды.
34. (Олар) бир-бирлерине зүряд[11]. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.
35. Есле, (ҳәй Муҳаммад!) Имранның ҳаялы (Ҳанна): «Я Рәббим! Әлбетте, мен қарнымдағы нәрсени (дүнья ислеринен) азат етип, Өзиңе нәзр еттим. Енди меннен қабыл ет! Әлбетте, Сен Өзиң – Еситиўши, Билиўшисең», – деп (дуўа қылды).
36. Оны туўғанда: «Я Рәббим, мен қыз туўдым ғой!» – деди. Ал, Аллаҳ – ол не туўғанын жақсы билиўши. (Ол күткен) ул бала (Аллаҳ берген бул) қыз баладай (қәсийетли) болмайды. (Мәрьямның анасы және айтты): «Мен оған «Мәрьям» деп ат қойдым ҳәм оған ҳәм де зүрядына қуўылған шайтанның жаманлығынан пана бериўиңди Сеннен сорайман».
37. Кейин, Рәббиси оны жүдә жақсы қабыл етип, жақсылап өсирди ҳәм Зәкарияның[12] қарамағына тапсырды. Зәкария ҳәр мәрте оның алдына, меҳрабқа киргенде, оның алдында ырысқы көрер еди. Ол: «Ҳәй Мәрьям, саған мынаў қаяқтан (келди)», – деп сораса, (Мәрьям): «Бул – Аллаҳтың алдынан. Әлбетте, Аллаҳ қәлегенине есапсыз ырысқы береди», – деди.
38. Сол жерде Зәкария Рәббисине дуўа қылып: «Я Рәббим, маған (да) Өзиңниң ҳүзириңнен жақсы зүряд бер. Әлбетте, Сен – дуўаны еситиўшисең», – деди.
39. Меҳрабта намаз оқып турғанда, периштелер оған: «Әлбетте, Аллаҳ саған Яҳяның хош хабарын береди, (ол) Аллаҳтан болған кәлийманы тастыйықлаўшы, баслық, (ләззетлерден) тыйылған, жақсы Пайғамбарлардан (болады)», – деп нида қылды.
40. Ол: «Рәббим, мен қартайған болсам, ҳаялым туўмайтуғын болса, менде қаяқтан ул болсын?!» – деди. (Аллаҳ): «Солай, (бирақ) Аллаҳ қәлегенин қылады», – деди.
41. Ол: «Рәббим маған (жүклиликти билиўим ушын) бир белгини қыл», – деди. (Аллаҳ): «Саған белги – үш күн адамларға тек ишара менен ғана сөйлейсең. Рәббиңди көп зикир ет ҳәм азанлы-кеш тасбиҳ айт!» – деди[13].
42. Периштелердиң (Мәрьямға) айтқанын есле: «Ҳәй Мәрьям[14], әлбетте, Аллаҳ сени таңлап алды, пәкледи ҳәм әлемдеги ҳаяллардан үстин болыўыңды қәледи.
43. Ҳәй Мәрьям, Рәббиңниң ибадатында даўамлы бол, сәжде қыл ҳәм руку қылыўшылар менен бирге руку қыл».
44. (Ҳәй Муҳаммад!) Бул ғайып хабарларынан болып, саған ўаҳий қылып атырмыз. Олар қайсысы Мәрьямның кепили болыўға (анықлаў ушын Таўрат жазатуғын) қәлемлерин (шек нийетинде дәрьяға) таслап атырғанда сен олардың қасында емес едиң ҳәм олар тартысып атырғанда да сен олардың қасында емес едиң[15].
45. Периштелердиң айтқанын есле: «Ҳәй Мәрьям, әлбетте, Аллаҳ саған Өзиниң кәлиймасының[16] хош хабарын берди, оның аты Масийҳ Ийса ибн Мәрьям болып, бул дүньяда да, ақыретте де абырайлы болып, (ол Аллаҳға) жақын бенделерден.
46. Ол адамларға бесикте де, қартайғанда да сөйлейди ҳәм ол жақсылардан болады»[17].
47. (Мәрьям): «Рәббим, маған адам қол тийгизбеген болса, қаяқтан балам болады?!» – деди. (Аллаҳ): «Солай болса да, (бирақ) Аллаҳ қәлеген нәрсесин жаратады. Бир исти тәғдир қылса, онда тек «Бол!» деп айтады, кейин ол бола береди», – деди.
48. Оған (Ийсаға Аллаҳ) жазыўды, ҳикметти, Таўрат ҳәм Инжилди үйретти
49. ҳәм (оны) Исрайыл әўладына пайғамбар (қылды). (Ол): «Әлбетте, мен сизлерге Рәббиңизден мөжиза әкелдим, мен сизлерге ылайдан қустың көринисин ислеймен кейин оған дем салсам, Аллаҳтың қәлеўи менен (ҳақыйқый) қус болады. (Аллаҳтың қәлеўи менен) туўма соқыр ҳәм песлерди тәўир қыламан ҳәм өлилерди тирилтемен[18]. Сизлерге нени жеп атырғаныңызды ҳәм нени үйиңизде сақлап атырғаныңызды айтып беремен. Егер мөмин болсаңыз, әлбетте, бунда сизлерге белги бар.
50. (Мен) өзимнен алдын (нәзил болған) Таўратты тастыйықлаўшы болып ҳәм сизлерге ҳарам қылынған айырым нәрселерди ҳадал қылыў ушын келдим[19]. Және сизлерге Рәббиңизден мөжиза менен келдим. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм маған бойсының!
51. Әлбетте, Аллаҳ мениң Рәббим ҳәм сизлердиң де Рәббиңиз. Солай екен, Оған ибадат қылың! Туўры жол – усы», – (деди).
52. Ийса олардан күпирди сезгенде: «Ким Аллаҳ жолында маған жәрдемши болады?!» – деди. Ҳаўарийлер[20]: «Бизлер Аллаҳтың (дининиң) жәрдемшилеримиз, Аллаҳға ийман келтирдик, бизлердиң мусылманлығымызға гүўа бол (ҳәй Ийса)!» – деди.
53. (Олар): Я Рәббимиз! Нәзил еткен нәрсеңе ийман келтирдик ҳәм Пайғамбарға ердик. Енди бизлерди гүўалық бериўшилер қатарына жаз!» (– деди).
54. (Яҳудийлердиң кәпирлери Ийсаны өлтириў ушын) ҳийле қылды. Аллаҳ та «ҳийле» қылды. Аллаҳ «ҳийле» қылыўшылардың «зоры».
55. Аллаҳтың айтқанын есле: «Ҳәй Ийса, Мен сени ўафат қылыўшыман[21] ҳәм Өзиме көтериўшимен, күпир келтиргенлерден сени пәклеўши ҳәм қыямет күнине шекем саған ергенлерди күпир келтиргенлерден үстин қойыўшыман[22]. Соң, Маған қайтасыз, енди тартысқан нәрселериңиз ҳаққында араларыңызда Өзим ҳүким шығараман».
56. Енди күпир келтиргенлерди бул дүньяда да, ақыретте де қатты азап пенен азаплайман. Оларға жәрдем бериўшилер болмайды.
57. Ийман келтирген ҳәм жақсы ислерди қылғанлардың сыйлығын (Аллаҳ) толық береди. Аллаҳ залымларды жақтырмайды.
58. Бул (гәплер) саған тиләўат ислеп атырған аятларымыздан ҳәм ҳикметли еслетпеден.
59. Әлбетте, Ийсаның (әкесиз туўылыў) мысалы Аллаҳтың нәзеринде тап Адамның (а.с.) мысалына уқсайды. Оны топырақтан жаратып, соң оған «Бол!» деди, кейин, (ол) болды.
60. (Бул) ҳақыйқат Рәббиң тәрепинен. Солай екен, гүман қылыўшылардан болма!
61. Саған келген илимнен кейин, (насранийлерден) ким сениң менен ол (Ийса) ҳаққында тартысса, (ондайларға) айт: «Келиң, бизлердиң улларымызды, сизлер де улларыңызды, бизлер ҳаялларымызды, сизлер де ҳаялларыңызды, бизлер өзлеримизди, сизлер де өзлериңизди шақырып, соң (биргеликте) илтижа қылып, өтирикшилерге Аллаҳтың нәлети болыўын тилеймиз»[23].
62. Әлбетте, бул өзи ҳақ қысса. Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи – Қүдиретли, Ҳикметли.
63. Енди, егер жүз бурса, онда, әлбетте, Аллаҳ – бузғыншыларды билиўши.
64. Айт (ҳәй Муҳаммад!): «Ҳәй китап ийелери! Бизлерге де, сизлерге де арамызда (әҳмийети) теңдей сөзге[24] келиң – Аллаҳтан басқаға ибадат қылмайық, Оған ҳеш нәрсени шерик қылмайық ҳәм Аллаҳты қойып, бир-биримизди қудай етип алмайық!». Енди, егер (олар бул усыныстан) жүз бурса, онда оларға: «Гүўа болың, бизлер, әлбетте, мусылманлармыз», – деп айтың!
65. Ҳәй китап ийелери, неге Ибраҳим ҳаққында (ол бизиң динимизде болған деп) тартысасыз. Таўрат та, Инжил де оннан кейин нәзил болған ғой! Ақыл ислетпейсиз бе?!
66. Ҳәй сизлер (китап ийелери)! Өзлериңиз билетуғын нәрсе (Муўса ҳәм Ийса) ҳаққында (билип-билмей) тартыстыңыз, енди неге өзлериңиз билмейтуғын нәрсе (Ибраҳимниң дини) ҳаққында тартысып атырсыз?! Аллаҳ биледи, ал сизлер билмейсиз.
67. Ибраҳим яҳудий де, насраний де болмаған, бирақ ол ҳақ жолдан таймаған мусылман болған ҳәм мушриклерден емес еди.
68. Әлбетте, адамлардың Ибраҳимге ҳақылырағы оған ергенлер, мына Пайғамбар (Муҳаммад) ҳәм ийман келтиргенлер. (Ал,) Аллаҳ мөминлердиң досты.
69. Китап ийелеринен бир топары сизлерди (туўры жолдан) адастырыўды қәлейди. Олар өзлери сезбеген ҳалда тек өзлерин ғана адастырады.
70. Ҳәй китап ийелери, неге өзлериңиз гүўалық берип турып, Аллаҳтың аятларына күпир келтиресиз?!
71. Ҳәй китап ийелери, неге ҳақты наҳаққа алмастырасыз ҳәм билип турып ҳақты жасырасыз?!
72. Китап ийелеринен бир топары (бир-бирине былай) деди: «Мөминлерге нәзил етилген нәрсеге (Қуранға) күнниң басында ийман келтириң ҳәм күнниң ақырында күпир келтириң, қәне еди (сонда) олар да қайтса[25]
73. ҳәм диниңизге ергенлерден басқаларға исенбең, ҳәтте бир адамға да сизлерге берилген мағлыўмат берилмесин ҳәм Рәббиңиздиң алдында сизлер менен ҳүжжет таласпасын». Сен былай де: «Әлбетте, ҳақыйқый ҳидаят – бул Аллаҳтың ҳидаяты». (Және) сен: «Әлбетте, кеңшилик Аллаҳтың «қолы»нда – қәлегенине береди», – деп айт! Аллаҳ – Кең (қамтып алыўшы), Билиўши.
74. Өзиниң мийирманшылығын (пайғамбарлық яки Исламды) қәлегенине береди. Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.
75. Китап ийелеринен сондайлары да бар, егер оған көп мал-дүньяны аманат қылсаң, оны саған (қыянет қылмастан) қайтарады. Және олардан сондайлары бар, егер оған бир динар аманат қылсаң, қашан оның үстинде қатты турмағаныңша саған қайтарып бермейди. Бул олардың: «Саўатсызлар ушын бизлердиң үстимизде жол жоқ», – деп айтыўынан. Олар билип турып, Аллаҳ ҳаққында өтирик сөйлейди[26].
76. Яқ! Ким келисимине опа қылса ҳәм тақўалы болса, онда, әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди.
77. Аллаҳға берген келисимин ҳәм антларын арзан баҳаға сататуғынларға ақыретте несийбе жоқ, Қыямет күни Аллаҳ оларға сөйлемейди де, қарамайды да, пәклемейди де. Оларға аўыртыўшы азап бар[27].
78. Және олардан (китап ийелеринен) бир топары[28] бар, сизлер Китаптан (Таўраттан) болмаған нәрсени Китаптан деп ойлаўыңыз ушын Китапты тиллерин бурап (өзгертип) оқыйды ҳәм ол Аллаҳтың алдынан болмаса да, оны «Ол Аллаҳтың алдынан», – дейди. Олар билип турып, Аллаҳ ҳаққында өтирик сөйлейди.
79. Бир адамға Аллаҳ Китапты, ҳүкимди ҳәм Пайғамбарлықты бергенинен кейин, ол адамларға: «Аллаҳты қойып, маған бенде болың!» – деп айтыўы мүмкин емес. Бирақ, адамларға: «Китаптан тәлим берип ҳәм өзлериңиз де үйренгенлериңиз тийкарында Аллаҳға сыйыныўшылар болың», – (дейди)[29].
80. (Сол пайғамбар) сизлерге периштелерди ҳәм пайғамбарларды қудай етип алыўыңызға буйырмайды. Ол сизлерди мусылман болғаныңыздан кейин күпирге буйыра ма?!
81. Есле, Аллаҳ пайғамбарлардан[30]: «Сизлерге Китап ҳәм Ҳикмет бергеним ушын изиңизден сизлердеги нәрсени (Китапты) тастыйықлаўшы Пайғамбар (Муҳаммад) келгенде, әлбетте, оған ийман келтиресиз ҳәм жәрдем бересиз!» – деп келисимин алып: «Ықрар болдыңыз ба? Бул бойынша исенимли келисимимди қабыл етип алдыңыз ба?» – дегенде, олар: «Ықрар болдық», – деди. Ол (Аллаҳ): «Онда, гүўа болың, мен де сизлер менен бирге гүўа болыўшыларданман», – деди.
82. Солай екен, ким буннан кейин (келисиминен) жүз бурса, онда әне солар – фасықлар.
83. Аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме жаны бар нәрселер қәлесе де, қәлемесе де Оған (Аллаҳға) бойсынатуғын болса, (енди кәпирлер) Аллаҳтың динин өзгертиўди қәлей ме?! (Ҳәмме нәрсе) Оған ғана қайтарылады.
84. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Аллаҳға, бизлерге нәзил еткен нәрсеге (Қуранға), Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб ҳәм (оның) әўладларына нәзил етилген нәрсеге, Муўса, Ийса ҳәм басқа Пайғамбарларға Рәббисинен берилген нәрсеге ийман келтирдик, олардан биреўин де ажыратпаймыз ҳәм бизлер Оған ғана бойсынамыз!» – деп айт!
85. Ким Исламнан басқа динди қәлесе, онда оннан (сол дини) сирә қабыл етилмейди ҳәм ол ақыретте зыян көриўшилерден болады.
86. Ийман келтиргенинен, Пайғамбардың ҳақлығына гүўалық бергенинен ҳәм оларға ашық ҳүжжетлер келгенинен кейин күпир келтиргенлерди Аллаҳ қалай (етип) ҳидаятқа салсын?! Аллаҳ залым қәўимлерди ҳидаятқа салмайды.
87. Әне солардың жазасы – оларға Аллаҳтың, периштелердиң ҳәм ҳәмме адамлардың нәлети болыўы.
88. (Олар) ол жерде (нәлет яки дозақта) мәңги қалады. Олардан азап жеңиллетилмейди ҳәм оларға мәўлет те берилмейди[31]
89. тек усыдан (күпирден) кейин тәўбе қылып, (қәтелерин) дүзетсе, онда Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
90. Әлбетте, ийман келтиргенинен кейин күпирге қайтқан, кейин күпири зыяда болған[32] кимселердиң тәўбеси сирә қабыл етилмейди. Әне солар – адасқан бенделер.
91. Әлбетте, күпир келтирген ҳәм кәпир ҳалында өлгенлердиң биреўинен де (қыямет азабынан қутылыўы ушын) Жер бети толы алтынды берсе де, ҳасла қабыл етилмейди[33]. Әне соларға аўыртыўшы азап бар ҳәм оларға жәрдем бериўши жоқ.
92. Өзлериңиз жақсы көрген нәрседен напақа қылмағаныңызша жақсылыққа (жәннетке) ерисе алмайсыз. Не затты напақа қылсаңыз да, Аллаҳ оны биледи.
93. Таўрат түсиўинен алдын, Исрайыл (Яқуб) өзине ҳарам қылған нәрседен (түйе гөши ҳәм сүтинен) басқа ҳәмме аўқатлар Исрайыл әўладына ҳадал еди. «Егер рас сөйлеўшилерден болсаңыз, Таўратты әкелип оқып көриң», – деп айт[34]!
94. Енди буннан кейин де ким Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқыса, онда әне солар – залымлар.
95. «Аллаҳ туўры айтты. Енди туўры жолдан таймаған Ибраҳимниң динине ериң. Ол мушриклерден болмаған», – деп айт.
96. Әлбетте, адамлар (ибадат қылыўы) ушын қурылған биринши Үй – Баккадағы (Мәккәдағы) мүбәрек ҳәм әлемлер ушын ҳидаят (дереги) болған (Кааба).
97. Ол жерде ашық-айдын белгилер ҳәм «Мақоми Ибраҳим» бар. Оған кирген адам аманлықта болады. Жолға қәдир болған адамларға Аллаҳ ушын Үйди (Каабаны) ҳаж қылыў (парызы) бар. Ким күпир келтирсе, Аллаҳ әлемлерден бийқәжет[35].
98. Айтың: «Ҳәй китап ийелери! Аллаҳ ислеп атырған ислериңизге гүўа бола турып, неге Аллаҳтың аятларына күпир келтирдиңиз?!»
99. Айтың: «Ҳәй китап ийелери! Неге ийман келтиргенлерди Аллаҳтың жолынан тосасыз?! Өзлериңиз гүўа бола турып, оны (туўры жолды) қыйсық болыўын қәлейсиз! Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден ғапыл (бийхабар) емес».
100. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер китап берилгенлердиң бир топарына бойсынсаңыз, ийманыңыздан кейин сизлерди кәпирликке қайтарады[36].
101. Аллаҳтың аятлары сизлерге тиләўат қылынып, Оның пайғамбары араңызда бола турып, қалай күпир келтиресиз?! Ким Аллаҳты (Ислам динин) беккем усласа, онда анық туўры жолға ҳидаят қылыныпты.
102. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтан ҳақыйқый қорқыў менен қорқың ҳәм тек мусылман болған ҳалларыңызда ғана дүньядан өтиң.
103. Ҳәммеңиз Аллаҳтың «арқан»ын (Қуранын) беккем услаң ҳәм бөлинип кетпең. Аллаҳтың сизлерге берген неъматларын еслең! (Бир ўақытлары) өз ара душпаншылықта болған едиңиз, кейин (Аллаҳ) кеўлиңизди дос қылып қойды. Енди Оның неъматы менен ағайин болдыңыз. Жалынлы жардың жағасында болғаныңызда, ол (жер)ден сизлерди қутқарды. Аллаҳ сизлерге Өзиниң аятларын усылайынша баян етеди. Қәнекей, ҳидаят тапсаңыз.
104. Сизлерден жақсылыққа шақыратуғын, әмру маъруф, наҳий мункар қылатуғын (жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтаратуғын) бир үммет болсын![37] Әне солар – утысқа ерисиўши.
105. Өзлерине анық ҳүжжетлер келгеннен кейин де бөлинип, (өз ара) тартысып жүретуғынларға уқсамаң. Әне соларға үлкен азап бар.
106. (Айырым) жүзлер ағаратуғын ҳәм (айырым) жүзлер қараятуғын Күни (қыяметте), жүзлери қара болғанларға: «Ийман келтиргениңизден кейин кәпир болдыңыз ба?! Енди күпир келтиргениңиз ушын азапты татып көриң», – (делинеди).
107. Ал, жүзлери ақ болғанлар енди (олар) Аллаҳтың мийирманшылығында (жәннетинде). Олар ол жерде мәңги қалады.
108. Бул – Аллаҳтың аятлары. Оларды саған ҳақыйқый рәўиште оқып берип атырмыз. Аллаҳ адамларға зулымды қәлемейди.
109. Аспанлар ҳәм жердеги нәрселер – Аллаҳтики. (Ҳәмме) ислер Аллаҳға қайтарылады. (Дүньяда қылынған ҳәмме истиң ҳүкимин Аллаҳ шығарады).
110. (Ҳәй мусылманлар!) Сизлер адамлар ушын шығарылған (мәлим болған) ең жақсы үммет болдыңыз. (Себеби,) сизлер жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарасыз ҳәм Аллаҳға ийман келтиресиз. Егер китап ийелери ийман келтиргенде, өзлерине жақсы болар еди. Олардан мөминлери бар ҳәм көбиси фасық[38].
111. Олар сизлерге (бираз) азар бериўден басқа зыян жеткизе алмайды[39]. Егер сизлер менен урысса, (шегинип) артына қарап қашады. Соң оларға жәрдем берилмейди.
112. Қай жерде болса да оларға хорлық жазылды, тек Аллаҳтың арқаны (қорғаўы) ҳәм адамлардың арқаны (қорғаўы) болғанда ғана (ондай болмайды) [40]. Олар Аллаҳтың ғәзебине ушырады ҳәм оларға мискин болыў жазылды. Олар Аллаҳтың аятларына күпир келтиргени ҳәм Пайғамбарларды наҳақ өлтиргени ушын усындай болды. Олар итаатсыз болғаны ҳәм ҳәддинен асқаны ушын усындай болды.
113. Олар(дың ҳәммеси) бирдей емес. Китап ийелеринен түни менен Аллаҳтың аятларын тиләўат қылып, сәжде қылатуғын туўры топарлары да бар[41].
114. (Олар) Аллаҳға, ақырет күнине ийман келтиреди, жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарады ҳәм (өзлери) жақсылыққа асығады. Әне солар – ийгиликли ис қылыўшылардан*.
115. Қандай жақсы ис қылса, енди оннан (оның саўабынан) ажырамайды. Аллаҳ – тақўалыларды жақсы билиўши*.
116. Әлбетте, күпир келтиргенлерден мал-дүньялары, бала-шағалары Аллаҳтан (Оның азабынан) сирә қутқара алмайды[42]. Әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.
117. Олардың бул дүнья өмиринде қылған напақалары мисли өзине зулым қылған бир қәўимниң егинин урып қыйратқан самалға уқсайды. Аллаҳ оларға зулым қылмады, ал олар өзлерине зулым қылды.
118. Ҳәй ийман келтиргенлер! Өзлериңизден басқаны (еки жүзлилерди) жақын дос (сырлас) тутпаң! Олар сизлерге жаманлық қылыўды тасламайды. Қыйыншылықта қалыўыңызды қәлейди. Душпанлығы аўызларынан билинип турыпты, кеўиллеринде жасырғаны (оннан да) үлкен. Егер ақылыңызды ислететуғын болсаңыз, Биз сизлерге аятларды (толық) баян етип бердик[43].
119. Ҳәй сизлер! Олар сизлерди жақсы көрмесе де, сизлер оларды жақсы көресиз ҳәм сизлер (илаҳий) Китаптың ҳәммесине ийман келтиресиз. Олар сизлерге жолыққанда: «Ийман келтирдик», – дейди. Бирақ, өзлери қалғанда, сизлерге ашыўланыўынан бармақларын тислейди. «Ашыўланыўыңыз бенен өлип кетиң!», – деп айт. Әлбетте, Аллаҳ – кеўиллердеги нәрселерди (гәплерди де) билиўши.
120. Егер сизлерге жақсылық жетсе, бул оларды қапа қылады. (Ал,) егер сизлерге мүсийбет жетсе, олар буның менен қуўанады. Егер сабыр етсеңиз ҳәм тақўалы болсаңыз, олардың ҳийлелери сизлерге ҳеш қандай зыян жеткере алмайды. Әлбетте, Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин қамтып алыўшы.
121. (Ҳәй Муҳаммад!) Азан менен шаңарағыңыздан шығып, мөминлерди урыс (болатуғын) орынларына жайластырғаныңды есле! Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши[44].
122. Сизлерден еки топар (Уҳуд саўашында) қорқып тәшўишлене баслағанын есле! Аллаҳ – олардың Жәрдемшиси. Мөминлер тек Аллаҳға (бундай ўақытта) ғана тәўекел қылсын[45].
123. Ҳақыйқатында да, Бадрда[46] (саўашында әскерий күшиңиз) аз болса да, Аллаҳ сизлерди жеңиске еристирди ғой! Солай екен, Аллаҳтан қорқып, қәнекей шүкир қылсаңыз.
124. Мөминлерге: «Сизлерге Рәббиңиз (аспаннан) түсирилген үш мың периште менен жәрдем бериўи жетерли емес пе?!» – дегенин есле!
125. «Аўа (жетерли)! Егер сабырлы болып, (Аллаҳтан) қорықсаңыз, олар тосаттан келип қалса да, Рәббиңиз сизлерге белгили[47] бес мың периште менен жәрдем береди».
126. Аллаҳ буны тек сизлерге хош хабар ҳәм қәлбиңиз тынышланыўы ушын ғана қылды. (Негизинде) жеңис Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳтың алдынан болады.
127. Күпир келтиргенлердиң бир тәрепин набыт етип ямаса соққы берип, нәтийжеде (кәпирлер) үмитсиз болып қайтыўы ушын (жәрдем берилди).
128. (Ҳәй Муҳаммад!) Бул исте саған ықтыяр жоқ. (Енди Аллаҳ) яки олардың тәўбесин қабыл етеди, яки азаплайды. Себеби, олар – залымлар.
129. Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Қәлегенин кеширеди ҳәм қәлегенин азаплайды. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
130. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сүтхорлықты бир неше есе қылып жемең. Аллаҳтан қорқың, қәнекей утысқа ериссеңиз.
131. Кәпирлер ушын таярлап қойылған дозақтан сақланың![48]
132. Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға бойсының. Қәнекей (сонда), рейим қылынсаңыз.
133. Рәббиңизден болған кеширимге ҳәм кеңлиги аспанлар ҳәм Жердей (болған), тақўалылар ушын таярлап қойылған жәннетке[49] (ийгиликли ислерди ислеў менен) асығың.
134. Олар (усы тақўалылар) жеңилликте де, қыйыншылықта да напақа қылатуғын, ғәзебин жутатуғын ҳәм адамларды (қәте-кемшиликлерин) әпиў ететуғын бенделер. Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди.
135. Олар бузық ис қылып қойса ямаса өзлерине зулым қылып қойса, (дәрриў) Аллаҳты еслеп, гүналарын кешириўди сорайды. Гүналарды тек Аллаҳ кеширеди. Және олар билип турып, қылған (гүна) ислеринде даўамлы болмайды.
136. Әне солардың сыйлықлары – Рәббисинен болған (гүналары ушын) кеширим ҳәм астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер болып, олар ол жерде мәңги қалады. (Ийгиликли ис) қылыўшылардың сыйлығы қандай жақсы!
137. Сизлерден алдын (көп) сүннетлер (ибратлы ўақыялар) өткен. Солай екен, Жер бетинде жүриң, кейин (динди) жалғанға шығарыўшылардың ақыбети қандай болғанына қараң.
138. Бул (Қуран ямаса усы гәплер) – адамлар ушын түсиндириў, тақўалылар ушын ҳидаят ҳәм нәсият.
139. Егер мөмин болсаңыз, өзлериңиз үстин бола турып, (айырым жеңилислериңиз себепли) босаспаң ҳәм қапа болмаң[50].
140. Егер сизлерге (Уҳуд саўашында) жарақат (жеңилис) жеткен болса, ол қәўимге де (Бадр саўашында) усындай жарақат (жеңилис) жеткен. Аллаҳ сизлерден ийманлыларды билиўи (сынаўы) ҳәм шейитлерди (таңлап) алыўы ушын усындай күнлерди алмастырып турамыз. Аллаҳ залымларды жақсы көрмейди.
141. Аллаҳ мөминлерди (гүналарынан) пәклеўи ҳәм кәпирлерди ўайран қылыў ушын (усындай қылды)[51]
142. ямаса Аллаҳ сизлердиң ишиңизден (Оның итааты жолында) тырысқанларды ҳәм сабырлыларды билмей (сынамай) турып, жәннетке киреберемиз, деп ойладыңыз ба?!
143. Оған (өлимге) жолықпаўыңыздан алдын оны (шейитликти) арзыў қылар едиңиз. Енди оған қарап, (Уҳудта) соны көрип турыпсыз[52].
144. Муҳаммад та тек бир Пайғамбар. Оннан алдын да Пайғамбарлар өткен. Егер ол өлсе ямаса өлтирилсе, артыңызға (күпирге) қайтасыз ба?! Артына қайтқаны менен Аллаҳға ҳеш ким ҳеш ўақыт зыян бере алмайды. Жақында Аллаҳ шүкир қылыўшыларды сыйлықлайды[53].
145. Ҳәр бир жан (ийеси) Аллаҳтың руқсаты менен ғана ўақты белгилеп қойылған әжелде өледи. Ким бул дүньяның саўабын (олжаны) қәлесе, оған соннан беремиз. Ким ақыреттиң саўабын қәлесе, оған (да) соннан беремиз. Ал, шүкир қылыўшыларды сыйлықлаймыз.
146. Қайсы Пайғамбар (өткен болса) олар менен бирге көплеп ибадатлы адамлар (бир сапта турып, душпанға қарсы) урысқан. (Бирақ,) Аллаҳ жолында оларға жеткен нәрселер себепли ғайратсыз болмаған, әззиленбеген ҳәм (душпанға) бойсынбаған. Аллаҳ сабырлыларды жақсы көреди.
147. Олардың гәплери: «Я Рәббимиз! Бизлердиң гүналарымызды ҳәм ишимиздеги ысырапкершилигимизди (бендешилигимиздеги қәтешиликлерди) Өзиң кешир, (саўаш ўақтында) қәдемлеримизди беккем қыл ҳәм кәпир қәўимлерге қарсы бизлерге жәрдем бер», – дегеннен басқа болмаған.
148. Енди Аллаҳ оларға бул дүньяның саўабын (жеңис ҳәм олжаны) ҳәм ақыреттиң шырайлы саўабын (мағфират ҳәм жәннетти) берди. Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди.
149. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер күпир келтиргенлерге бойсынсаңыз, сизлерди артыңызға (күпирге) қайтарады. Нәтийжеде зыян көриўшилерге айланып қаласыз.
150. Негизинде Аллаҳ сизлердиң ийеңиз. Ол жәрдем бериўшилердиң жақсысы.
151. Аллаҳ ҳүжжет нәзил қылмаған (бут, сәнем киби) нәрселерди[54] Оған шерик қылғанлары ушын кәпирлердиң кеўиллерине қорқыныш саламыз. Олардың баратуғын жери дозақ. Залымлардың орны буншелли жаман!
152. Сизлер Оның руқсаты менен оларды (кәпирлерди) жоқ қыла баслағаныңызда, Аллаҳ Өзиниң ўәдесинде турды. Бийпәрўалық қылып, (таўда турыў) исинде тартысып ҳәм сизлер жақсы көрген нәрсе (жеңис) көрсетилип, (Пайғамбарға) бойсынбай (олжалар тәрепке жуўырмағаныңызша утыс сизлер тәрепте еди). Араңызда дүньяны қәлейтуғын адамлар да бар, ақыретти қәлейтуғын адамлар да бар. Соң сизлерди сынаў ушын олардан (жеңисти жеңилис тәрепке) бурды. Ҳақыйқатында да, (Аллаҳ) сизлерди әпиў етти. Аллаҳ – мөминлер ушын кеңшилик ийеси[55].
153. Сол ўақытта (Уҳуд саўашында) ҳеш кимге қайырылып қарамай, (орныңыздан) тез кетип қалдыңыз. Ал, пайғамбар артыңыздағы (әскерий) бөлинбеден (турып) сизлерди шақырыўы менен қалды. Қолыңыздан кеткен нәрселер (жеңис, олжалар) ҳәм сизлерге жеткен мүсийбетлер ушын тәшўишленбең, деп, (Аллаҳ) сизлерге ғамның үстине және ғам берип жазалады. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.
154. Соң бул ғамнан кейин сизлерге бир аманлық – қалғыўды түсирди, ол сизлердиң бир топарыңызды қаплап алды (уйқылатып қойды) [56]. Басқа топар болса, өзи менен әўере болып, Аллаҳ ҳаққында наҳақ, наданларша гүман қылып: «(Енди) бизлерге бул истен бир нәрсе (утыс) бола ма?!» – деди. Сен: «Ҳәмме ис Аллаҳ ушын», – деп айт! Олар ишиндеги сырларын сеннен жасырады. Олар: «Егер бизлерде бул истен бир нәрсе (ықтыярымыз қолымызда) болғанда, бул жерде өлтирилмеген болар едик», – дейди. Сен: «Егер үйлериңизде болсаңыз да, (тәғдиринде) өлиўи жазылғанлар (өлетуғын) жерине барып қалған болар еди», – деп айт. Көкирегиңиздеги нәрсени (ийманды) сынаўы ҳәм кеўлиңизди (шайтан ўасўасасынан) пәклеў ушын (Аллаҳ усы жеңилисти раўа көрди). Аллаҳ – кеўиллердеги нәрсени билиўши.
155. Еки (әскерий) топар соқлығысқан күни сизлерден айырым қылмыслары себепли (белгиленген жерден) жүз бурып кеткенлерди шайтан (ҳақ) жолдан тайдырды[57]. Аллаҳ оларды әпиў етти. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
156. Ҳәй ийман келтиргенлер! Өзлери кәпир болып турып, Жер бетинде жүрген ҳәм саўашта болған ағайинлери ҳаққында: «Егер бизлер менен қалғанда өлмеген ҳәм өлтирилмеген болар еди», – деп олардың кеўиллерине Аллаҳ ҳәсирет салыўын қәлеўшилер киби болмаң! Аллаҳ тирилтеди ҳәм өлтиреди. Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.
157. Егер Аллаҳтың жолында өлтирилсеңиз ямаса өлсеңиз, әлбетте, Аллаҳтан болатуғын кеширим ҳәм мийирманшылық, (басқалар) топлайтуғын нәрседен жақсы.
158. Егер өлсеңиз де ямаса өлтирилсеңиз де, әлбетте, Аллаҳтың алдына жыйналасыз.
159. Аллаҳтың мийирманшылығы себепли (ҳәй Муҳаммад,) оларға (саҳабаларға) мүләйим болдың. Егер турпайы, кеўли қатты болғаныңда, олар қасыңнан тарқалып кеткен болар еди. Солай екен, оларды әпиў ет. Олар(дың гүналары) ушын кеширим сора ҳәм олар менен кеңесип ис қыл![58] Енди (егер бир иске) кириспекши болсаң, онда Аллаҳға тәўекел қыл! Әлбетте, Аллаҳ тәўекел қылыўшыларды жақсы көреди.
160. Егер сизлерге Аллаҳ жәрдем берсе, онда сизлерди жеңиўши жоқ. Егер сизлерди жәрдемсиз қалдырса, онда Оннан басқа ким жәрдем берер еди. Мөминлер тек Аллаҳға ғана тәўекел қылсын!
161. Пайғамбар (олжа бөлистириўде) қыянет етиўи мүмкин емес. Ким қыянет етсе, қыямет күни қыянет етип алған нәрсеси менен (Аллаҳтың алдына) келеди. Соң, ҳәр бир жан (дүнья өмиринде) ислеген ислерине (жараса) толық (сыйлық ямаса жаза) алады. Оларға зулым қылынбайды.
162. Аллаҳтың разылығын излеген адам Аллаҳтың ғәзебине ушыраған адамдай бола ма? Оның (Аллаҳтың ғәзебине ушыраған адамның) баратуғын жери жәҳәннем. Буншелли жаман жер!
163. Олар (ушын) Аллаҳтың алдында (ҳәр түрли) дәрежелер (бар). Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин көрип турыўшы.
164. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ мөминлерге өзлериниң ишинен оларға Аллаҳтың аятларын тиләўат қылып беретуғын, оларды (ширк ҳәм гүналардан) пәклейтуғын, Китап ҳәм Ҳикметти үйрететуғын Пайғамбар жиберип, инам етти[59]. Олар буннан алдын ашық-айдын адасыўда еди.
165. Сизлерге (Уҳуд саўашында) бир мүсийбет жеткен болса, сизлер (оларға Бадр саўашында) оның еки есесин жеткизген едиңиз ғой! «Бул (мүсийбет) қайдан келди?» – дейсиз бе?! «Ол – өзиңизден», – деп айт! Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.
166. (Сизлерден ҳәм Мәккә мушриклеринен ибарат) еки (әскерий) топар соқлығысқан күни сизлерге жеткен мүсийбет (жеңилис) Аллаҳтың руқсаты менен (болды), сондай-ақ (ҳақыйқый) мөминлерди анықлаў
167. ҳәм еки жүзлилерди «билиў» ушын[60] (болды). Оларға: «Келиң, Аллаҳтың жолында урысың ямаса (душпаннан) қорғаң!», – делинсе, олар: «Егер урыс болыўын билгенимизде, сизлерге анық ерер едик», – деди. Сол күни олар ийманнан көре күпирге жақынырақ еди. Олар кеўиллеринде жоқ нәрсени тиллери менен айтады. Аллаҳ – олардың жасырып атырған нәрселерин (олардың өзинен де жақсы) билиўши.
168. Олар ағайинлерине: «Егер (урыста қайтыс болған мусылманлар) бизлерге бойсынып (урыстан шығып кеткенинде) өлтирилмеген болар еди», – дейди. Сен: (өзлери урыста қатнаспай, үйлеринде отырған адамларға) «Егер гәпиңиз рас болса, өзиңизден өлимди қайтарың, қәне?!» – деп айт.
169. Аллаҳтың жолында өлтирилгенлерди өлилер, деп санамаң. Ал, (олар) – тири, Рәббиси алдында (жәннет неъматларынан) ырысқыланып турады.
170. Олар (усы шейитлер) Аллаҳ Өзиниң кеңшилигинен берген нәрселерден қуўанышта ҳәм еле артынан өзлерине қосылмағанлар (саўаш қылыўшылар)ға (қыяметте), қәўип те, тәшўиш те жоқ екенлигиниң хош хабарын береди.
171. Олар Аллаҳтан болған неъмат, кеңшилик ҳәм Аллаҳ мөминлердиң сыйлықларын зая қылмайтуғыны ҳаққында (және бир) хош хабар береди.
172. Оларға жарақат жеткенинен кейин де олар Аллаҳ ҳәм Пайғамбар (шақырығына) жуўап берди. Олардан жақсылық ҳәм тақўа қылғанларына үлкен сыйлықлар бар.
173. Оларға адамлар: «Әлбетте, адамлар сизлерге қарсы (ҳүжим ушын) күш (Мәккә мушриклери ләшкер) топлады, олардан қорқың!» – дегенде, (бул гәптен мусылманлардың) ийманлары зыяда болып: «Бизлерге Аллаҳтың Өзи жетерли. Ол қандай ҳәм жақсы жәрдемши», – деди[61].
174. Кейин, Аллаҳтың неъматы ҳәм кеңшилиги менен оларға жаманлық жетпестен (Бадрдан саўаш қылмай) қайтты ҳәм Аллаҳтың разылығына еристи. Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.
175. Әлбетте, бундай болыўыңыз шайтаннан, ол өзиниң досларын (еки жүзлилерди) қорқытады. Солай екен, егер мөмин болсаңыз, олардан қорықпаң, (ал) Меннен қорқың!
176. Күпирге асығып атырғанлар сени қапа қылмасын! Олар Аллаҳға ҳеш қандай зыян жеткизе алмайды. Аллаҳ оларға ақыретте несийбе бермеўди қәлейди. Оларға үлкен азап (бар).
177. Әлбетте, күпирди ийманға алмастырғанлар Аллаҳға улыўма зыян жеткизе алмайды. Оларға аўыртыўшы азап (бар).
178. Күпир келтиргенлер, оларға мәўлет берип турғанымызды жақсылық, деп ойламасын! Мәўлетти оларға гүналары еле де көбейиўи ушын беремиз. Оларға (ақыретте) хорлаўшы азап (бар).
179. Аллаҳ мөминлерди пәкизесинен напәгин ажыратпай, сизлер турған жағдайда таслап қойыўшы емес[62]. Аллаҳ сизлерди ғайыптан хабардар қылып қоймайды. Бирақ, Аллаҳ Өзиниң Пайғамбарларының ишинен қәлегенин (ғайып илимин билдириў ушын) таңлап алады. Солай екен, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарларына ийман келтириң. Егер ийман келтирсеңиз ҳәм тақўа қылсаңыз, онда сизлерге уллы сыйлық (бар).
180. Аллаҳ Өзиниң кеңшилиги менен берген нәрсеге (байлыққа) сықмарлық қылғанлар буны (байлықты) өзлерине жақсылық, деп есапламасын. Ал, бул олар ушын жаман. Қыямет күни сықмарлық қылған нәрселери (өз) мойынларына (мойынтырық қылып) орап қойылады[63]. Аспанлар ҳәм Жердиң мийрасы Аллаҳға (қалады). Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.
181. «Аллаҳ – жарлы, бизлер – баймыз», – дегенлердиң сөзин Аллаҳ еситти. Олардың (бул) айтқан (нәрселерин) ҳәм Пайғамбарларды наҳақ өлтиргенин жазып қоямыз ҳәм (қыяметте): «Күйдириўши азапты татып көриң!» – деймиз[64].
182. Бундай болыўы – өзлериңиздиң қолларыңыз қылған нәрсе себепли. Әлбетте, Аллаҳ бенделерге зулым қылыўшы емес.
183. «Бир Пайғамбар келсе, (оны сынап көриў ушын) қылған қурбанлығын (аспаннан түскен) жалын жеп болмағанша оған исенбеўимиз ушын Аллаҳ бизлер менен келискен», – дегенлерге: «Меннен алдын да сизлерге (ата-бабаларыңызға) Пайғамбарлар анық ҳүжжетлер ҳәм сизлер айтқан нәрсе (қурбанлық киби мөжизалар) менен келген еди. Егер рас сөйлеп атырған болсаңыз неге оларды өлтирдиңиз?» – деп айт[65].
184. Егер сени өтирикшиге шығарса (олардан қапа болма, себеби) сеннен алдын ҳүжжетлер, илаҳий жазыўлар ҳәм нурлы китаплар менен келген Пайғамбарларды да өтирикшиге шығарған.
185. Ҳәр бир жан – өлимди татыўшы. Қыямет күни, әлбетте, сыйлықларыңыз толық бериледи. Демек, ким дозақтан узақластырылса ҳәм жәннетке киргизилсе, онда ҳақыйқатында да, жеңиске ерисипти. Бул дүнья өмири тек ғана жалған нәрсе[66].
186. Әлбетте, мал-дүньяңыз ҳәм жанларыңыз (апаты ҳәм мүсийбети) бенен сыналасыз. Және сизлерден алдын китап берилгенлерден ҳәм мушриклерден көп азарларды (ашшы гәплерди) еситесиз. Егер сабыр етсеңиз ҳәм тақўалы болсаңыз, онда, әлбетте, бул салмақлы ислерден.
187. Есле, (ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳ китап берилгенлерден, оны (Таўрат ҳәм Инжилди) адамларға, әлбетте, баян етесиз ҳәм (оны ҳеш кимнен) жасырмайсыз, деп келисим алды. (Бирақ,) кейин олар оны (берген ўәделерин) артына ылақтырды ҳәм арзан баҳаға сатты. Қылған саўдалары буншелли жаман! [67]
188. Қылғанларына қуўанып, қылмаған (ийгиликли) ислерине мақталыўды жақсы көретуғынларды азаптан қутылады, деп ҳасла ойлама! Оларға аўыртыўшы азап бар!
189. Аспанлар ҳәм Жердиң (барлық) мүлки – Аллаҳтики. Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.
190. Әлбетте, аспанлар ҳәм Жердиң жаратылыўында, күндиз бенен түнниң алмасыўында ақыл ийелери ушын белгилер бар.[68]
191. Олар Аллаҳты тик турған, отырған ҳәм жамбаслаған ҳалларында зикир етеди[69] ҳәм де аспанлар ҳәм Жердиң жаратылыўы ҳаққында ойлайды (кейин дуўа қылады): «Рәббимиз, буны (барлықты) бийкарға жаратпағансаң, Өзиң (айыплардан) пәксең, бизлерди дозақ азабынан сақла!
192. Рәббимиз, әлбетте, Сен кимди дозаққа киргизсең, онда ҳақыйқатында да оны шерменде қылыпсаң. Залымларға жәрдем бериўшилер жоқ.
193. Рәббимиз, бизлер жаршының: «Рәббиңизге ийман келтириң!» – деп шақырғанын еситтик ҳәм сол ўақытта ийман келтирдик. Рәббимиз, бизлердиң гүналарымызды кешир, жаманлықларымызды өшир ҳәм жақсылар менен бирге жанымызды ал!
194. Рәббимиз, бизлерге Пайғамбарларыңа ўәде еткен нәрселериңди бер ҳәм бизлерди қыямет күни шерменде қылма! Әлбетте, Сен ўәдеңди бузбайсаң».
195. Рәббиси олардың (дуўаларын) қабыл етип: «Мен сизлерден еркек болсын, ҳаял болсын – әмел қылыўшының әмелин зая қылмайман[70]. Сизлер бир-бириңизденсиз. (Мәккәдан) ҳижрат қылғанлардың, үлкелеринен шығарылғанлардың, Мениң жолымда азар шеккенлердиң, урыс қылғанлардың ҳәм өлтирилгенлердиң жаманлықларын өширемен ҳәм оларды, әлбетте, астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргиземен, бул – Аллаҳтың алдынан (болған) саўап. Аллаҳтың алдында шырайлы саўап бар», (– деди).
196. Күпир келтиргенлердиң қалама-қала айланып жүриўи сени алдап қоймасын![71]
197. (Бул – дүньядағы) азғана нәрсе (рәҳәт). Соң (қыяметте) олардың баратуғын жери – жәҳәннем. Ол буншелли жаман жер!
198. Бирақ, Рәббисинен қорыққанлар ушын астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер болып, (олар) ол жерде мәңги қалады. Бул – Аллаҳтың зыяпаты. Аллаҳтың алдындағы нәрсе жақсылар ушын (ҳәммесинен де) абзал.
199. Әлбетте, китап ийелеринен Аллаҳға, сизлерге нәзил етилген нәрсеге, өзлерине нәзил етилген нәрсеге ийман келтирип, Аллаҳға өзин пәс тутып бойсынатуғынлары да, Аллаҳтың аятларын арзан баҳаға сатпайтуғынлары да бар[72]. Әне соларға Рәббиси алдында сыйлық бар. Әлбетте, Аллаҳ – есап-санақты тез қылыўшы.
200. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сабыр етиң, кеңпейил болың, (Аллаҳ жолына) таяр турың, Аллаҳтан қорқың, қәнекей, сонда (ақыретте) утысқа ериссеңиз!
[1] 7-аят. Қураны кәриймде мәниси анық ҳәм рәўшан аятлар менен бир қатарда айырым жерлеринде «муташабиҳ» - иштибаҳли аятлар, яғный негизги мәниси бендесине намәлим, қурамалы аятлар да бар. Мысалы, «Тоҳа» сүресиниң 5-аятында: «Раҳман Арштың үстинде мустаўий болды», – делинген. Бул жерде «мустаўий болды» сөзин тик турды, туўры турды, орналасты, ийеледи киби мазмунда аўдарыў мүмкин болса да, булардан қайсы бири туўры екени ямаса басқа мәниси бар екенлиги тек Аллаҳтың Өзине мәлим. Бундай аятларға тек ийман келтирип, Аллаҳтан екенин тастыйықлап қойыўдың өзи жеткиликли. Бирақ Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу, Мужаҳид ибн Жабир ҳәм Имам Наўаўий раҳматуллаҳи алайҳилар оларды тәфсир етиў мүмкин деген (Улумул Қуран).
[2] 12-аят. Аллаҳ тааланың бул хош хабары өзиниң тастыйығын таўып, ҳижрий екинши жылы Мәккә мушриклери тәрепинен шөлкемлестирилген үлкен Бадр урысында мусылманлар жеңиске еристи.
[3] 13-аят. Бул жерде сөз Бадр урысы ҳаққында бармақта. Бул урыста мусылманлардың саны Мәккә мушриклеринен аз болыўына қарамастан, Аллаҳ таала мусылманлардың санын душпанлардың көзине еки есе көп көрсетип жүреклерине ғулғула салды. Бул ширк әҳлиниң утылыўы себеплеринен бири болды.
[4] 14-аят. Оларды ким зийнетли етип қойды, деген тəбийий сораўға көпшилик уламалар Аллаҳтың Өзи бенделерин сынаў ушын дүнья буйымларын өзине тартатуғын ҳəм сулыў етип жаратқан, – дейди. Ҳасан Басрий (рҳ.) бул аят тәфсиринде инсанға дүньяны жақсы көрсетиўши Аллаҳ емес, ал шайтан, – деген. Еки тәфсир де өз шолыўы менен орынлы (Мд.).
[5] 15-аят. Жəннет неъматларының ишинде ең уллысы Аллаҳтың разылығы есапланады. Ҳəдиси шәрийфте айтылады: «Аллаҳ таала жəннет əҳлинен сорап, Оннан қуўанышлы ҳəм разы екенин билгеннен кейин, буннан да абзалырақ неъматым – бул Мениң разылығым, енди мудамы сизлерден разыман, сизлерге ҳасла ғəзеп қылмайман, – дейди» (Бғ.).
[6] Ислам тəлиматы бойынша сəҳəр ўақты, яғный таң атыўдан сәл алдын, түнниң ақырғы бөлеги ибадат ҳəм дуўа қабыл етилетуғын уллы ўақытлар есапланады. Соны еслеп өтиў керек, Ҳəким Луқман улына қылған нәсиятларының биринде: «Ҳəй балам, қораз сеннен шаққанлық етип, сəҳəр ўақтында сен оянбай турып қышқырмасын», – деген екен (Мд.).
Демек, уллы инсанлар түни менен таҳажжуд намазларын оқып, сəҳəрде дуўа ҳəм истиғфар менен бəнт болады екен.
Ҳəдиси шәрийфте айтылған: «Ҳəр бир түнниң ақырғы үшинши бөлиминде Аллаҳ таала биринши аспанға «түсип», ким дуўа қылса, ижабат қыламан, ким сораса беремен, ким истиғфар айтса, гүнасынан кешемен, – дейди екен» (Бх. Мс.).
Ҳəдисте жазылған «Аллаҳтың аспанға түсиўи» астарлы мəниде болып, дуўа қылыўшы бендеге Өзиниң қаншелли жақын екенин билдириў ушын айтылған гəп.
Бул аяты кәриймада Аллаҳ таала бес қыйлы тайпадағы мөминлерди мақтаған. Яғный, сабырлы, садық, бойсыныўшы, сақаўатлы ҳəм сəҳəрде турыўшы адамлардың ҳəр бирин өз алдына мақтаған. Басқа орынларда оларды солиҳ, тақўалы яки аброр деп атаған.
[7] 24-аят. Олардың бузық исеними бойынша, оларға дозақта тек ғана 40 күн ямаса 7 күн жаза бериледи-миш.
[8] 25-аят. Зулым сөзи Қураны кəриймниң көп аятларында жəбир мəнисинде емес, ал өзгениң ҳақына қыянет етиў мазмунында келген. Бул аятта да Аллаҳ таала ҳəр бир бендениң бул дүньяда қылған саўап ҳəм гүна ислерин ақыретте есап-санақ ушын толық ҳалда келтиретуғыны баян етилмекте. Егер Аллаҳ таала Өзиниң кеңшилиги менен инсанның саўапларын артығы менен жаздырыўы яки айырым гүналарын кеширип, әмеллер жазылған китабынан өширип қойыўы мүмкин. Сондай-ақ, айырым бенделердиң гүна ислерин саўап ислерге айландырып қойыўы да мүмкин. «Фурқон» сүресиниң 70-аятына қаралсын.
[9] 26-аят. Аллаҳ тааланың нәзил қылған айырым китапларында былай делинген: «Мен Аллаҳпан. Бəрше патшалардың кеўиллери ҳəм ықтыярлары мениң қолымда. Егер бенделер Маған итаат етсе, патшаларды оларға меҳрибан етип қояман. Маған итаатсызлық етсе, патшаларды оларға азап-ақыбет дереги қылып қояман. Патшаларды сөкпең ҳəм Маған тəўбе қылың, сонда оларды сизлерге меҳрибан етип қояман» (Мд.).
[10] 28-аят. Бир тамшы жансыз ышқы суўынан жанзатты жаратыўшы, мəйектен шөже шығарыўы, кəпирден мөминди дүньяға келтириўи ҳəм буның кериси усағанлар нəзерде тутылмақта (Мд.).
[11] 34-аят. Муўса менен Ҳарун Имраннан, Имран Ясҳардан, Ясҳар Қоҳастан, Қоҳас Лаўайдан, Лаўай Яқубтан, Яқуб Исҳақтан. Сондай-ақ, Ийса Мәрьямнан, Мәрьям Имраннан, Имран Масоннан, Масон Яҳудаға барып жетеди, ал Яҳуда Яқубтың улларынан. Олардың ҳəммеси Ибраҳимге (а.с.) зүряд болып табылады.
Екинши тәфсири сол, олар бир-бирине дин бойынша зүряд. Себеби, ҳəммесиниң дини де таўҳидке тийкарланған илаҳий дин.
[12] 37-аят. Имранның еки қызы болып, биреўиниң аты Ашбаъ (Зәкария пайғамбардың ҳаялы), екиншисиниң аты Мәрьям еди. Екеўин де Ҳанна туўған. Сол бойынша, Ийса (а.с.) Зәкарияның улы Яҳя пайғамбарға бөле болады. Мәрьямды өз қараўына алып, тәрбия берген Зәкарияға бир топар яҳудийлер зинакәрлық дөҳметин уйымластырып, оны өлтирмекши болады. Шебер уста болған Зәкария қашып, бир теректиң геўегине кирип жасырынып алады. Иблис оларға жол көрсетип таўып бергеннен соң, терекке қосып Зәкарияны жарғылап өлтиреди (М.з.).
[13] 41-аят. Зәкарияның (а.с.) тили Аллаҳға зикир ҳəм тасбиҳ айтыўға биймəлел келсе де, ал адамлар менен сөйлеспекши болса, сақаў болып қалатуғын еди.
[14] 42-аят. Мәрьям туўылғаннан соң, анасын еме алмаған, оның ырысқысы жəннеттен келип турған. Зәкария Мәрьямның тəрбиясын өз мойнына алып, оның ушын таярлап берген мешиттиң арнаўлы орнына хабар алыў ушын келип туратуғын еди. Мәрьямның алдында тағам турғанын көрип, оның қайдан келип қалғанын сорағанда Мәрьям нəресте ҳалатында болыўына қарамай, үлкен адамлардай сөйлеп «ол Аллаҳтың алдынан» деп жуўап қайтарған (Хз.).
[15] 44-аят. Зәкария бир күни адамлардың алдына шығып, өзиниң қартайып қалғаны себепли Мәрьямды қолына көтере алмай қалғаны ҳəм буннан кейин оған кепиллик қыла алмайтуғынлығы ҳаққында арыз етип, олардан биреў кепилликке алыўын усыныс етеди. Шек таслағанда ол Юсуф исимли бир ағаш устасына түседи ҳəм ол Мәрьямды кепилликке алады (Хз.).
[16] 45-аят. Аллаҳтың «Кәлиймасы» – Ийсаны (а.с.) «Бол!» деген кәлийма менен əкесиз жаратқан (Лс.).
Жəне қ. «Ниса» сүреси, 171-аят.
[17] 46-аят. Ийсаның (а.с.) қыяметке жақын аспаннан Жерге түсиўи ҳақ екенине усы аят дəлил сыпатында келтириледи (Хз.).
[18] 49-аят. Ийсаға (а.с.) берилген мөжизалардан бири өлини тирилтиў болып, Нуҳтың (а.с.) улы Самды адамлардың көз алдында тирилткени ҳəм ким қашан не жегени ҳəмде нени аўыстырып жасырып қойғаны ҳаққында көрмей хабар бериў сыяқлы көрсеткен мөжизалары менен акылды лал қалдырғаны айтылады (Мд.).
[19] 50-аят. Бани Исрайыл қəўимине жаза ушын ҳайўан майы, түйе гөши, балық ҳəм туяқлы ҳайўанлар гөши ҳарам қылынған еди. Ийса (а.с.) яҳудийлерге қадаған етилген көп нəрселердиң ҳадал қылыныўына себепши болды. Муўса (а.с.) шәриятындағы бир неше ҳүкимлер өзгертилди. Яҳудийлердиң байрам күни болған шемби күни екшемби күнге өткизилди (Хз.).
[20] 52-аят. Ҳаўарийлер Ийсаның (а.с.) жақын жəрдемшилери болып, олар негизинде балық аўлаў менен шуғылланатуғын еди. Оларға мөжиза көрсетилгеннен кейин, ийман келтирип мудамы Ийсаның (а.с.) хызметинде болған. Олардың кийимлери ақ реңде болғаны яки кеўиллери пəк болғаны ушын ҳаўарийлер делинген. Себеби, араб тилинде «ҳаўар» сөзи ақ реңди билдиреди (Хз.).
[21] 55-аят. «Ўафат» сөзи арабша болып, бул «өлиў», «қайтыс болыў» деген мәнилерди аңлатады. Айырым муфассирлер «Бул аяттағы «ўафат» сөзи уйқы мəнисинде. Оны алдын уйқылатып қойып, соң көтерген яки ўафат еттириўи аспанға көтерилгеннен кейин» – десе, басқалары жансыз ҳалда көтерилген, – дейди. Биз – ҳанафийлердиң ақыйдамыз бойынша, Ийса (а.с.) тири ҳалда көтерилген, – деймиз. Ал, аятты: «Ҳəй Ийса! Мен сени өз əжелиң менен жаныңды алыўшыман, олардың қолы менен емес», – деп түсинемиз. Усы пикирлерден келип шығып, «ўафат» сөзин солай қалдырыўды мақул көрдик.
[22] * Аяттағы «ергенлер» дегенде Ийсаға (а.с.) ийман келтирген мусылманлар яки насранийлердиң исламға киргенлери нәзерде тутылған. Сондай-ақ, аятта насранийлер ҳəм олардың натуўры сыйынып киятырған насраний дини қыямет күнине шекем қалатуғынына ишара да бар (Тб. Бғ).
[23] 61-аят. Нажрон қəўиминиң епископы Ақиб басшылығында насранийлер тартысыў белгиленген жерге жақынласқанда Пайғамбарымыз ақлықлары – Ҳасан, Ҳусейин ҳəм қызы Фатима менен киятырғанын көреди. Сонда Ақиб өз адамларына: «Ҳəй насранийлер жəмəəти! Артыңызға қайта бериң! Мен бизге қарай киятырған сондай инсанларды көрип турман, олар егер Аллаҳтан таўды көшириўди сораса да ижабат қылатуғыны анық», – деп қайтып кеткен екен (Мд.).
[24] 64-аят. Бул аяттағы китап ийелери дегенде тийкарғы халқы насраний динине сыйыныўшы Йемен үлкесиниң Нажрон ойпатында жасаўшы насранийлер яки мадиналы яҳудийлер нəзерде тутылмақта. Ҳатамтайдың улы Адий Пайғамбарымызға (а.с.) қарсылық билдирип, аяттағы «бир-биримизди илаҳ қылып алмайық» деген ибараның мазмунын анықлап алыў ушын «олар ол ўақытта бир-бирине сыйынбаған ғой?!» – дейди. Расул (а.с.) оннан «сизлерге руўханыйлар ҳадалды ҳарам, ҳарамды ҳадал қылып бергенде сизлер сол ҳүкимлерди қабыл етип алған ба едиңиз!? – деп сорайды. Сонда Адий «Аўа» – деп жуўап береди. «Сол қабыл етиўиңиз бир-бириңизди илаҳ қылып алып сыйынғаныңыз», – деп түсиник берди Расул алайҳиссалам (Мд.).
Ҳатамтай теңсиз сақыйлығы менен тарийхта ат қалдырған атақлы шахс болып, ол Пайғамбарымыздың дəўирине жетип келмеген, ал жəҳилият дəўиринде исламнан бийнесип ҳалда дүньядан өткен. Ал, оның улы Адий ийман келтирип, саҳабалар қатарынан мүнəсип орын ийелеген.
[25] 72-аят. Яғный, сизлерге еликлеп олар да өз динлеринен қайтса əжеп емес, деген мəниде бир-бирине усыныс етти. Бул қубланың Кааба тәрепке өзгериўи хаққында еди. Китап ийелери усы жол менен мусылманларды шалғытпақшы болған.
[26] 75-аят. Бул аят аманатқа қыянет қылмайтуғын, кейинирек исламға кирген яҳудий Абдуллаҳ ибн Салам ҳəмде қыянеткер Финҳас ибн Азуро ҳаққында нәзил болған. Ислам динине өткенлерден алған қарызларын китап ийелери жаза сыпатында қайтармастан жеп жиберетуғын еди. Буның менен китап ийелери өзлерин үстин билип, басқа динге өткенлерди кемситиў ҳəм ҳақыларына қыянет қылыўы мүмкин, буның ушын оларға гүна жазылмайды, деген жалған ақыйданы жүзеге шығармақшы болады (Мд.).
[27] 77-аят. Бул аяты кəрийма Таўрат ҳəм Инжил китапларындағы Муҳаммадқа (а.с.) тийисли аятларды алып таслаған яки өзгерткен китап ийелери хаққында нәзил етилген. Олар Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болып танылмастан алдын, егер ол дүньяға келсе, əлбетте, оған ийман келтиремиз ҳəм жəрдем беремиз, деп ант берген еди (Мд.).
[28] 78-аят. Олар Каъб ибн Ашраф, Мәлик ибн Сайф, Ҳайй ибн Ахтаб ҳəм басқалар еди. Олар Таўраттағы Муҳаммад (а.с.) ҳаққында келген сыпатлар ҳəм ражм аятларын таслап яки өзгертип оқып беретуғын еди. Бул беттеги алты аяттың ҳəммеси китап ийелери ҳаққында (Мд.).
[29] 79-аят. Йеменниң Нажрон ойпатында жасаўшы насранийлер Ийсаға (а.с.) сыйыныўын ақлаў ушын «буны бизге Ийса пайғамбардың өзи буйырған» деп даўагерлик қылған екен (Хз.).
Яҳудийлерден Əбиў Рофиъ ҳəм насранийлерден Саййид Нажроний Муҳаммадтан (а.с.): «Саған илаҳ сыпатында сəжде қылсақ бола ма?» деп сорағанда бул аят нәзил етилген (Қз.).
[30] 81-аят. Аллаҳ таала келисимди пайғамбарлардың өзлеринен яки əўладларынан, яғный Исрайыл əўладынан алған, деп билиў мүмкин (Мд.).
Аллаҳ таала ҳəр бир пайғамбардан өзинен кейин келетуғын пайғамбарға ийман келтирип, ислеринде жəрдем бериў хаққында, егер өзлери көрисе алмаса, қəўимлерине ўəсият қылыўы яки ҳəмме пайғамбарлар Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтириўи ҳаққында келисимин алған (Хз.).
Бул аятлардан барлық пайғамбарлар таўҳидке тийкарланған бир дин – ислам дини менен жиберилгени белгили болады.
[31] 88-аят. Бул аяттағы ақырғы гəптен: «оларға Аллаҳ тəрепинен мийрим нəзери менен бағылмайды» деген тәфсирди түсиниўге болады.
[32] 90-аят. Яғный, кəпирлердиң өлим алдынан келтирген кәлиймалары ҳəм ийманлары қабыл болмайды.
[33] 91-аят. Ҳәдислерде айтылыўынша, қыямет күни кәпирлерден: «Егер дозақтан қутылыўың ушын сеннен Жер бети толы алтынды бериўди талап етсе, берер ме едиң?» – деп соралады. Ол шын кеўилден разылығын билдиргенде, оған: «Сеннен дүнья өмиринде буннан жеңилирек нәрсе талап етилген еди, бирақ сен оған разы болмаған едиң», – делинеди екен.
Инсаннан Аллаҳ таала бул дүньяда көп нәрсе талап етпейди. Ал, Оның жалғызлығына ийман келтирип, пайғамбары әкелген буйрық ҳәм қайтарған нәрселерине бойсынып, мойнындағы ўазыйпаларды орынлап өтсе, жеткиликли. Инсан тақатынан артық ибадатқа мәжбүрленбейди.
Ҳақыйқатында, ақыретте Аллаҳ тааланың неъмат ҳәм азапларының ҳақ екенлигине толық исенетуғын мусылманлар да, кәпирлер де дүнья өмирлеринде көп ўақытларын бийкарға жибергенине, кәпирлер ийман келтирмегенине, мөминлер саўаплы ислерди көбирек қылмағанына өкинеди.
[34] 93-аят. Бул аят мусылманлар түйениң гөши ҳəм сүтин жеп-ишкени себепли яҳудийлердиң қылған гийнелерине жуўап ретинде нәзил болған. Яқуб (а.с.) тек өзи ушын түйениң гөшин ҳəм сүтин ҳарам қылған. Буған еки себеп көрсетилген. Бириншиси – Яқуб (а.с.) бир аўыр кеселликке шалынғанда, «Егер саўалып кетсем, өзиме ең жағымлы болған түйениң гөшин ҳəм сүтин жеп-ишпеў жолы менен нəпсимди тыяман», – деп ўəде қылғаны. Екиншиси – бул аўыр кеселликтен қутылыў ушын тəўиплер аўқаттан тыйылыўды буйырғаны.
[35] 97-аят. Ҳақыйқатында да, Мәккә қаласында Мақоми Ибраҳим, Зам-зам булағы, Ҳажарул-асўад, Сафа, Марўа сыяқлы естеликлер болып, олар узақ өтмиштиң белгилеринен есапланады.
[36] 100-аят. Шас ибн Қайс исимли бир яҳудий Мадинадағы Аўс ҳəм Хазраж қəўимлериниң мусылманлары қасынан өтип баратырып, бир жигитке: «Оларға алдын орталарыңызда өткен қəўим саўашын бир еслетип қой», – дейди. Ол еслеткеннен соң олар бир-бири менен жəнжеллесип, ҳəтте қылыш жалаңашлаўға шекем барады. Сонда Расулуллаҳ: «Мен еле араңызда турып, жəне жəҳилият дəўирине қайтпақшысыз ба?!» – деп оларға ескертиў береди.
[37] 104-аят. Бул жердеги «сизлерден» сөзинен араб тили қағыйдасы бойынша еки қыйлы мəни алыў мүмкин. Яғный, сизлерден бир жəмəəт шығып, жақсылыққа шақырып, жаманлықтан қайтаратуғын ислер менен шуғыллансын, деп те түсиниў мүмкин. Бул тәфсир бойынша амри маъруф ҳəм наҳий мункар (жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарыў) менен шуғылланыў «фарзы кифая» саналып, үмметтиң ҳəммеси емес, ал бир бөлими – уламалар шуғылланса, соның өзи жеткиликли болып, басқалардың мойнынан бул ўазыйпа сақыт болады.
Жəне, Имам Бағаўий (516-жылы қайтыс болған) сыяқлы бул аяттан «сизлер ҳəммеңиз бул ислерди қылатуғын үммет болың!», деген мəнини алыў да мүмкин. Муфассирлердиң көпшилиги усы екинши тәфсирди қоллап-қуўатлаған. Ҳанафий мəзҳабы уламалары да усы екинши тәфсирге муўапық, амри маъруф ҳəм наҳий мункар менен шуғылланыўды «фарзы айн», яғный ҳəр бир мусылманның мойнындағы парыз, деп билген.
Соның ишинде, ҳəзирети Əбиў Мансур Матуридий де «Таъўиләту Аҳлис-сунна» атлы тәфсир китабында усы сүрениң 110, «Маида» сүресиниң 79-аятлары ҳəм бир неше ҳəдиси шәрийфлерден дəлил келтирип, амри маъруф, наҳий мункар ислерин қылыў ҳəр бир мусылманға «фарзы айн» қылынған, деп атап өткен.
[38] 110-аят. Яҳудийлерден Абдуллаҳ ибн Салам менен оның бирәдары, Саълаба ибн Саид, насранийлерден Нажаший ҳəм басқалар өзлериниң пайғамбарларына ийман келтириў менен бирге Муҳаммадқа (а.с) да ийман келтирип, ислам динин қабыл еткен.
[39] 111-аят. Олардың мусылманларға берген азарлары дегенде яҳудийлердиң Узайрды (а.с) Аллаҳтың баласы дегени, насранийлердиң Ийсаны (а.с) Аллаҳтың баласы дегени ҳəм Муҳаммад (а.с) келтирген илаҳий хабарларды инкәр етиў менен ақыйдалық мəселелерде надурыс пикирге ийе болыўы түсиниледи (Тб.).
[40] 112-аят. Мусылман мəмлекетлери қорғаўында жасайтуғын ғайрыдинлер зиммийлер деп аталады. Олардың ҳақ-ҳуқықлары ислам ҳуқықтаныўында белгиленген қағыйдалар менен қорғап келинген.
[41] 113,114,115-аятлар. Атақлы табеийн Ато ибн Әбиў Рабаҳ бул аятлардың тәфсиринде былай деген: «Йеменниң Нажрон ойпатлығында жасаўшы миллети араб болған қырық адам, ҳабашлардан отыз еки адам, румлылардан сегиз адам ҳəм мадиналы араблардан бир неше ансорийлер насраний динине тийисли, Ийса (а.с)ға түсирилген дининиң негизине муўапық тəризде жасайтуғын ҳəм алдыннан таўҳид дининде болып, оның шәриятына əмел қылатуғын еди» (Хз.).
[42] 116-аят. Мадинада жасаўшы Бани Қурайза ҳəм Бани Назир қəўимлерине тийисли яҳудийлер Мухаммадқа (а.с) қылған душпанлығының тийкарғы себеби байлық арттырыў ҳəм жоқары лаўазымларды ийелеў болғаны ушын усы аятта олардың бул урыныўлары пайдасыз екени баян етилмекте.
Бул аят Мәккә мушриклеринен Əбиў Жаҳл ҳəм Əбиў Суфян киби Бадр ҳəм Уҳуд саўашларында мушриклерге затлай жəрдем берген ҳəмелдарлар ҳаққында нәзил етилген, деген тәфсир де бар.
Басқа бир тәфсирде аяттағы сын Мәккә ҳəм Мадинадағы бəрше күпир əҳлине тийисли делинеди (Хз.).
[43] 118-аят. Бул ҳəм кейинги еки аят Мадинада жасаўшы яҳудийлер қəўими менен Исламнан алдын досласып жүрген ҳəм усы дослықты даўам еттирип атырған мадиналы мусылманларды ескертиў ушын нәзил етилген (Мд.).
[44] 121-аят. Бул аяттағы урыс дегенде Уҳуд яки Хандақ саўашларынан бири нәзерде тутылады (Лс.).
[45] 122-аят. Биринши тайпа Мадина қаласының Хазраж қəўиминен болған Бани Салама мəҳəллесине тийисли мусылманлар, екиншиси – Аўс қəўиминен болған Бани Ҳарийса мəҳəллесине тийисли мусылманлар (Мд.).
[46] 123-аят. «Бадр» Мадина қаласының қубла-батыс тəрепиндеги бир жердиң аты болып, ҳижраттың екинши жылы Мәккә мушриклери менен болған урыста мусылманлар жеңиске ерискен.
Бадр саўашында мусылманлардың саны үш жүз он əтирапында, ал мушриклер мыңға жақын болып, жүз атлы əскери де бар еди. Мусылманларда тек ғана бир ат болып, əскерий қураллары да аз болған. Соған қарамай, мөминлер сабыр ҳəм тақўада болды, нəтийжеде Аллаҳ Өзи ўəде қылған бес мың периште менен оларды жеңиске еристирди (Мд.).
[47] 125-аят. Келген периштелердиң минген атларының жаллары ҳәм қуйрықлары ақ реңде болған, ал периштелердиң сәллелери сары реңде болған.
[48] 131-аят. Əбиў Ҳанийфа (рҳ.) бул аят мусылманларды сергекликке шақыратуғын аятлардан бири деген екен.
[49] 133-аят. Жəннеттиң кеңлиги салыстырмалы мəниде жети қабат аспан ҳəм жети қабат жердиң енине тең делинген. Өйткени, Жер менен аспанлардың ени яки узынлығы деген түсиник жоқ. Бирақ, бул жерде салыстырыў ушын жəннеттиң ени Жер аспанлар кеңлигин қосқандағы көлемге тең болса, оның бойы оннан да үлкен аралықты қурайтуғыны анық екенин билдириў ушын Аллаҳ таала мысал келтирмекте. Себеби, адамлардың нəзеринде бул дүньяда оларға белгили болған ең үлкен кеңлик – бул, Жер менен аспанлар арасындағы кеңлик болып есапланады. Жəннет жети қабат аспан менен Аршының ортасында, ал дозақ жети қабат жердиң астында дегени де салыстырмалы тəрийп есапланады (Мд. Хз.).
[50] 139-аят. Бул аят пенен Аллаҳ таала мөминлерге Уҳуд саўашында жеңилиске ушырағаны себепли кеўиллери шөкпеўи ушын тəселле берген. Бадр саўашы 2-ҳ.ж., Уҳуд саўашы 3-ҳ.ж. болған.
Бул жердеги «үстинлик» Бадр саўашындағы жеңислери себепли яки ақыр-ақыбетте жеңип шығыўы ямаса олардың Аллаҳ жолында ҳəм ийман кәлиймасын жоқары қылыў мақсетинде урысыўы себепли абырайларының жоқары болыўы менен түсиндириледи (Мд.).
[51] 141-аят. Яғный, мөминлер жеңилиске ушырап, урыста қурбан берсе, бул олар ушын гүналардан пəклениў, шейитлик ҳəм сый-саўапларға ерисиў дегени. Егер, жеңиске ериссе, күпир əҳли санының кемейиўи киби мəплер бар екенлиги түсиндирилмекте (Хз.).
[52] 143-аят. Бул гəп Бадр саўашында қатнаспаған, бирақ бурыннан Пайғамбар (а.с.) менен бирге урысларда қатнасыўды əрман етип жүрген мусылманларға қаратылған (Мд.).
[53] 144-аят. Уҳуд саўашында «Муҳаммад өлтирилди» деген мыш-мыш гəп тарқалады. Соннан кейин бир топар мусылманлар урысты тəрк етип кете баслайды. Айырымлары «Пайғамбар өлген болса, оның дини де таўсылыпты» деген пикирде болып, исламнан ўаз кешиўге де өткен еди. Аятта Муҳаммад (а.с.) əлемнен өткен тəғдирде де ҳеш бир мусылман ол келтирген диннен қайтпаўы зəрүр екенлиги айтылмақта. Бул ҳаққында əййемде өткен пайғамбарлардың ийманлы, садық үмметлеринен өрнек алыўға шақырылмақта (Мд.).
[54] 151-аят. Бул ҳəм басқа бир неше усы мазмундағы аятларда Аллаҳтан өзгеге сыйыныўдың дурыс емеслиги «Аллаҳ таала ҳүжжет нәзил етпеген» киби ибаралар менен түсиндириледи. Ашық мəниде – Аллаҳ руқсат бермеген нəрселерди Оған шерик қылыў, дегендей туйылады. Бирақ, буннан Аллаҳ руқсат берген ширк те бар екен-дə, деген жуўмақ шығармаў керек. Себеби, бул балағат (риторика) илимине тийисли өзгешеликлерден болып, мəниси: «Аллаҳ Өзине ҳеш бир нəрсени ширк келтириўге руқсат бермейди» дегени болып есапланады (Мд.).
[55] 152-аят. Уҳуд саўашында мусылманлар жеңиске ерисе баслайды. Бирақ, урыс ақырында айырым мусылманлардың айыбы менен жеңилиске ушырайды. Ол да болса, Расулуллаҳ бир топар оқжайшыларды Уҳуд аймағындағы ҳəзир «Румат» деп аталатуғын төбеликте турыўға буйырғанда, олардың көпшилиги итаатсызлық қылып, Пайғамбардан (а.с) буйрық келиўин күтпестен өз орынларынан олжа тəрепке жылжып кетеди. Олардың баслығы Абдуллаҳ ибн Жубайр менен бирге оннан кемлеў оқжайшылар өз орынларында қалады. Əскерий тəртиптиң бузылыўы мусылманлардың жеңилисине себеп болады. Оқжайшылардың орны босап қалғанын сезген душпанлар сол тəрептен ҳүжим қылады ҳəм нəтийжеде Расулуллаҳтың əмекиси уллы сəркарда Əмир Ҳамза ҳəм басқалар шейит болады. Расулуллаҳтың (а.с.) мүбəрек тислери усы урыста сынады (Мд.).
[56] 154-аят. Уҳуд саўашында жеңилиске ушыраған мусылманлар қатты қайғыда қалады. Олардан бул қайғыны кетириў мақсетинде Аллаҳ таала оларды уйқысыраў ҳалатына салып қояды. Имам Бухарий рəўият қылған ҳəдиси шәрийфте саҳабалардан Əбиў Талҳа гүўалық берип айтады: «Мен жаўынгерлер қатарында турған ҳалымда уйқы басып, бир неше мəрте қолымнан қылышым жерге түсип кеткенде, оны жерден көтерип алғанымды еслеймен».
Бул уйқысыраў менен ийманда беккем мусылманлар өзлеринен тəшўишти кетирип, кеўиллери жай таўып, рəҳəтте болды (Мд. Хз.).
[57] 155-аят. Қураны кəримде усындай аяты кəриймалар бар, оларды атақлы муфассирлер де бирдей тәфсир қылмаған. Ал, түрлише түсиндириўге туўры келген. Буның себеби аят ҳəм ҳəдислерде яки саҳабалардан анық тәфсир қылынбағаны нəтийжесинде муфассирлердиң араб тили көзқарасынан келип шығып, өз пикири ҳəм ижтиҳадларына сүйенип тәфсир қылған. Бул аят та бир неше түрде тәфсир қылынған. Мысалы, Қазы Байзоўий тәфсиринде оқжайшыларды шайтан адастырған, делинеди.
[58] 159-аят. Яғный, Сен, ҳәй Муҳаммад, Уҳуд урысында қылған итаатсызлықлары ушын саҳабаларды жазалап ямаса ескертип, турпайы мәмиле менен қапа қылыў орнына Мениң Саған берген мийирманшылығым себепли оларға жумсақ мәмиледе болдың. Егер турпайы мәмиледе болғаныңда, олар сеннен жүз бурып, ҳәтте диннен де қайтып кетиўи мүмкин еди. Усы урыста жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлерди кешир ҳәм олардың гүналарын кешириўди Меннен сора! Меннен көрсетпе келмеген ислерде олар менен ойлас! Ойласып бир шешимге келгеннен кейин Маған тәўекел қылып, сол исти қыла бер! Себеби, Мен ҳәмме ислеринде Маған тәўекел қылыўшыларды дос тутаман, – деп Аллаҳ таала өзиниң пайғамбары Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға айтпақта.
[59] 164-аят. Аяттағы пайғамбар дегенде Муҳаммад (а.с.) нәзерде тутылған.
[60] 167-аят. «Аллаҳ тааланың билиўи, билип қойыўы, анықлаўы ушын...» киби ибараларда оған шекем Аллаҳ олардан бийхабар екен-дə, деген пикирге бармаў керек. Себеби, Аллаҳға бəрше болған ҳəм болатуғын ислер əзелден белгили. Аятты «Аллаҳтың илиминдеги нəрсе жүзеге шыққан ўақтында» деп түсиниў лазым.
[61] 173-аят. Əбиў Суфян Уҳуд саўашынан қайтып киятырып келеси жылы Бадр майданында жəне соқлығысамыз деп айтқан еди. Келеси жылы оның кеўлине қорқыў түсип, ўəдесинен қайтады ҳəм Наийм ибн Масуўд атлы кимсени Мадинаға жиберип бул ҳаққында ескертип қойыўды буйырады. Ол барып мушриклер саўашқа таярлық көрип атырғанын айтады. Муҳаммад (а.с.) 70 атлы əскер менен Бадрға барып, жаўды ушыратпай, саўашсыз қайтады (Мд.Хз.).
[62] 179-аят. Мадинада мусылманлар саны көбейип барыўы менен бирге кеўлинде күпирди сақлап қалған еки жүзлилер де көп болған. Олар намазларды оқып, саўашларда да қатнасқан. Мөминлер олардың айырымларынан гүманланса да, буны дәлиллей алмаған. Себеби, сыртқы көринисинде мусылманшылықтың әмеллерин қылып жүргенлерден гүманда болыўы шәриятта қадаған етилген.
[63] 180-аят. Аяттың мәнисине көре байлығы шәриятта көрсетилген нысабқа (белгили муғдарға) жеткен байлардың зәкат бериўге сықмарлық қылыўы өзлерине қаншелли зыян екени айтылмақта.
Ҳәдиси шәрийфте: «Қыямет күни зәкат бермегенниң бул дүньяда тийисли орнына бермей қалдырып кеткен мал-дүньясы мойнына еки тисли жылан көринисинде оралып, оны шағып, дозаққа алып кетеди» делинеди.
Басқа ҳәдислерде билген илимин сорағанлардан жасырған алым да ең жаман сықмарлардан есапланып, қыямет күни ондайлардың аўызлары жалыннан болған жүўен менен жүўенленип қойылыўы айтылған.
[64] 181-аят. Аятты туўры аңламаған айырым яҳудийлер «Муҳаммадтың қудайы бизлерден қарыз сорап атыр. Демек, ол жарлы, ал бизлер баймыз» деген. Ҳақыйқатында, бул аятлар астарлы мəниде болып, мазмуны: «Ким мүтəжлерге Аллаҳтың разылығын табыў мақсетинде зəкат ҳəм садақа берсе, Ол ақыретте оны бир неше есе саўабы менен сыйлықлағай» дегени. Иҳсан бериўди қарыз бериўге уқсатыўдан мақсет қарызды қайтарыў қаншелли шəрт болса, қылынған садақа ҳəм иҳсанлардың сый-саўабын қайтарыўы соншелли анық екенин билдириў болып табылады.
[65] 183-аят. Ата-бабалары қылған гүна ҳəм жынаятлары бойынша олардың бир неше əсир кейин дүньяға келген əўладларын сораўға тутыўдың ҳикмети – əўладлар ата-бабаларының бузық исенимлерин даўам еттирип, олардың қылмысларына разы болып жүриўлери ҳəм Муҳаммад (алайҳиссалам) келтирген тəлиматты қабыл қылмағаны есапланады. Бундай ҳалатта бул айтылғанлар дүньядан өтип кеткенлерге емес, ал тирилерге қаратылғаны əйне ҳикмет (Хз.).
[66] 234-аят. Дүньяның алдамшы нəрсе екени байлыққа берилиўши, дүньяны ақыреттен үстин билиўши дүньяпараз кимселерге қарата айтылған тəрийп есапланады (Мд.).
[67] 187-аят. Бул аятта илаҳий китапларда жазылған Муҳаммадтың (а.с.) сыпаты ҳəм сийратларына тийисли аятларды арзымаған дүньялық нəрсе ҳəм ғəрезли мақсетлерин жүзеге шығарыў жолында жоқ қылған китап ийелериниң руўханыйлары сынға алынбақта.
Аллаҳтың гəпи егер аятта китап ийелерине қаратылған болса да, диний китаплардағы бəрше мағлыўматты диндарларға толық ҳалда жеткизиўдиң зəрүрлиги бəрше ислам уламаларына да тийисли.
[68] 190-аят. Аллаҳ таала усы ҳəм басқа бир қатар аятларда өзиниң барлығы ҳəм бирлигин тек нақ дəлиллер менен емес, ал ақыл дəлиллери менен де дəлиллеўге шақырады. Ислам динине тийисли пəнлер арасынан кәлам илиминиң орын алыўына себеп болған жағдайлардың бири де усы илаҳий көрсетпелер есапланады.
Ҳəдиси шәрийфте «Аллаҳтың жаратқан мақлуқат ҳəм жанзатлары ҳаққында пикирлеўге тең келетуғын бир де ибадат жоқ» делинеди (Мд.).
[69] 191-аят. Имканиятқа қарап намазлар тик ҳалда яки отырып оқылады. Оған да күши жетпеген адам жатқан ҳалда ым-ишара менен оқый береди. Басқа бир тәфсири сол, бул жердеги зикирден мақсет намаз емес, ал Аллаҳты яд етиў дуўа ҳəм илтижа, тасбиҳ киби зикирлерден ибарат.
[70] 195-аят. Яғный, қылған қайырлы ислериниң саўабын, əлбетте, инам етемен, Умму Салама (р.з.) Расулуллаҳтан: «Не ушын Аллаҳ таала ҳижрат қылған еркеклерди мақтай береди, бирақ ҳаялларды мақтамайды?» – деп сорағанда усы аят нәзил болған.
[71] 196-аят. Бул аяттағы қадаған етиў Муҳаммадқа (а.с.) яки бəрше мөминлерге қаратылған болыўы мүмкин. Пайғамбарымыз (а.с.) күпир əҳлиниң пəраўан турмыс кешириўин көрип, оларды ҳəўес те, əрман да қылмас еди. Сөз оған қаратылған тəғдирде қадаған етиў Пайғамбарға (а.с.) емес, ал ол арқалы үмметлерге тийисли болады (Мд.).
[72] 199-аят. Аяттағы китап ийелери дегенде Ҳабашстан (Эфиопия) патшасы Нажаший нәзерде тутылған, деген тәфсир де бар. Исламды пинҳамы қабыл еткен бул шахс өлгенде Пайғамбар (а.с.) Мадинадағы «Жаннатул Бақиъ» қəбирстаны жанында саҳабалары менен бирге ғайбана жаназа оқыған (Хз.).