1. Ҳаа. Мийм.
2. Анық Китапқа (Қуранға) ант қыламан,
3. әлбетте, Биз оны мүбәрек түнде[2] нәзил еттик. Әлбетте, Биз ескертиўши болдық.
4. Ол (мүбәрек түн)де бәрше ҳикметли ис(лер) ажыратылады.
5. (Ол ислер –) Биз тәрепимизден болған ислер. Әлбетте, Биз – (пайғамбар) жибериўшимиз.
6. Бул – Рәббиң тәрепинен мийирманлық. Әлбетте, Оның Өзи – Еситиўши, Илимли.
7. Егер (растан) исениўши болсаңыз, (Рәббиңиз –) аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де олардың арасындағы бар нәрселердиң де Рәббиси.
8. Оннан басқа илаҳ жоқ. (Ол) тирилтеди ҳәм өлтиреди. Сизлердиң Рәббиңиз де, ата-бабаларыңыздың Рәббиси де (Оның Өзи).
9. Яқ, олар (еле де) гүман ишинде (масқара қылып) ойнап атыр.
10. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен аспан анық түтинди[3] әкелетуғын күнди күт!
11. Ол (түтин ҳәмме) адамларды орап алады. Бул – аўыртыўшы азап.
12. «Я Рәббимиз! Бизлерден (бул) азапты алып тасла! Әлбетте, бизлер – ийман келтириўшимиз» (– деп илтижа қылады).
13. Оларда қаяқтан еслетпе болсын? Ҳақыйқатында да оларға анық пайғамбар келген еди.
14. Соң оннан жүз бурды ҳәм: «(Оған Қуран басқалар тәрепинен) үйретилип қойылған, (ол) мәжнүн», – деди.
15. Әлбетте, Биз азапты (сизлерден) бираз алып турамыз. Әлбетте, сизлер де (күпирлериңизге) қайтасыз.
16. Үлкен услаў менен услайтуғын күни (Бадр саўашында ямаса қыяметте), әлбетте, Биз – өш алыўшымыз.
17. Ҳақыйқатында да, Биз олардан алдын Фиръаўн қәўимин сынадық. Оларға уллы Пайғамбар (Муўса) келди.
18. (Ол оларға айтқан еди:) «Сизлер маған Аллаҳтың бенделерин (Исрайыл әўладын) бериң! Әлбетте, мен сизлерге исенимли Пайғамбарман.
19. Аллаҳға тәкаббырлық қылмаң! Әлбетте, мен сизлерге (пайғамбар екениме) анық ҳүжжет (мөжиза) әкелемен.
20. Мен Рәббим ҳәм Рәббиңизден мени тасборан қылыўыңыздан пана сорадым.
21. Егер маған ийман келтирмесеңиз, онда меннен шетлениң!»
22. Кейин ол Рәббисине: «Әлбетте, мыналар – жынаятшы қәўим», – деп дуўа қылды.
23. Енди (Муўсаға ўаҳий қылынды: сен) бенделерим (Исрайыл әўлады) менен түнде (жолға) шық! Әлбетте, сизлердиң изиңизден түседи (Фиръаўн изиңизден қуўады).
24. Теңизди тыныш ҳалына қой! Әлбетте, олар – шөктирилетуғын ләшкер.
25. Олар артларынан қаншадан-қанша бағларды ҳәм булақларды қалдырды,
26. егинзарларды ҳәм жақсы жерлерди
27. ҳәм өзлери ишинде рәҳәтленип атырған неъматларды (қалдырып, шөгип кетти).
28. Усындай. Биз оларды (неъматларды) басқа қәўимлерге мийрас етип бердик.
29. Кейин оларға аспан да, Жер де (аза тутып) «жыламады» ҳәм оларға (тәўбе қылыўы ушын) мәўлет берилгенлерден де болмады.
30. Ҳақыйқатында да, Биз Исрайыл әўладын хорлаўшы азаптан сақладық,
31. Фиръаўннан. Әлбетте, ол тәкаббыр ҳәм ҳәддинен асқанлардан еди.
32. Ҳақыйқатында да, Биз оларды (Исрайыл әўладын) билген ҳалымызда, әлемлер (адамлар) ишинен таңлап алдық.
33. Және оларға ишинде анық сынақ бар мөжизалардан бердик.
34. Әлбетте, әне солар айтады:
35. «Ол – тек биринши өлимимиз ҳәм қайта тирилмеймиз.
36. Егер (ақырет бар деген сөзлериңизде) расгөй болсаңыз, ата-бабаларымызды (қайта тирилтип) әкелиң-ши?»
37. Олар (күш-қуўатта) жақсылаў ма ямаса «Тубба» қәўими[4] ҳәм олардан алдын өткенлер ме?! Биз оларды жоқ қылдық. Әлбетте, олар жынаятшы болған еди.
38. Биз аспанлар ҳәм Жерди ҳәм де олар арасындағы нәрселерди ойнап (бийкарға) жаратқанымыз жоқ!
39. Биз оларды тек ҳақлық пенен ғана жараттық, бирақ олардың көпшилиги (буның ҳикметин) билмейди.
40. Әлбетте, ажыратыў күни (қыямет күни) – ҳәммесиниң (есап-санақ) ўақты.
41. Ол Күни дос досқа ҳеш нәрседе пайда бере алмайды ҳәм оларға жәрдем де бере алмайды.
42. Тек кимге Аллаҳ мийирманлық қылған болса (жәрдем бериледи). Әлбетте, Ол – Қүдиретли, Рейимли.
43. Әлбетте, (дозақтағы) Заққум дарағы –
44. гүнакарлардың аўқаты.
45. (Ол) қарынларда майдай қайнайды.
46. Қайнаған суўдың қайнағанындай.
47. (Периштелер айтады:) «Оны (гүнакарды) услап, дозақтың ортасына сүйреп алып барың!
48. Соң басының үстинен қайнаған суў азабын қуйың!»
49. (Оған мысқыллап: Мына азапты) татып көр! Әлбетте, сен өзиң(ше) – қүдиретли, ҳүрметлисең!
50. Әлбетте, бул (азап) сизлер шубҳаланып жүрген нәрсе!» – (делинеди).
51. Әлбетте, тақўалылар (ол Күни) аманлық орынларында –
52. бағлар ҳәм булақларда (болады).
53. Олар бир-бирине жүзбе-жүз ҳалда қалың ҳәм жуқа жипектен кийимлер кийеди.
54. Мине, усындай! Және Биз оларға (аппақ жүзли, үлкен ҳәм шырайлы көзли) «ҳүри ийн»лерди жубай қылып бердик[5].
55. Олар ол жерде аманлық ҳалларында түрли мийўелерди шақырады.
56. Олар ол жерде (жәннетте) биринши (дүньядағы) өлимнен басқа өлимди татпайды. (Аллаҳ) оларды дозақ азабынан сақлаған.
57. (Бул –) Рәббиң (тәрепи)нен болған кеңшилик. Бул – үлкен утыс.
58. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз оны (Қуранды) сениң тилиң менен[6] аңсат (жеңил) қылдық. Қәнекей, еслесе.
59. Енди сен (кәпирлердиң ҳалы не болыўын) күтип тур. Олар да – (сениң набыт болыўыңды) күтиўши.
[1] 44. ДУХОН СҮРЕСИ
Духон – түтин. Сүрениң 10-аятында түтин ҳаққында хабар бар.
Сүреде Мәккә мушриклериниң мусылманларға, атап айтқанда, Расулға (а.с.) берген азаплары, Муўса (а.с.) менен Фиръаўн ортасындағы жәнжеллер ҳәм басқа мағлыўматлар баян етилген.
[2] 3-аят. Мүбәрек түн – «Лайлатул-қадр» түни. Ҳәдис бойынша ол Рамазан айының 27-түни болып есапланады.
Усы сүрениң 4-аяты ҳәм «Қадр» сүресиниң 4-аятына қарағанда, усы түнде келеси жылдың усы түнине шекем исленетуғын бәрше ислерди периштелер өлшеп-есаплап қояды.
[3] 10-аят. Аяттағы «түтин» дегенде Мәккә мушриклери басына түскен қурғақшылық жыллары жерден көтерилген шаң-тозаң адамлар көзине мисли түтин болып көрингени нәзерде тутылады.
[4] 37-аят. «Тубба қәўими» әййемде Йемен үлкесинде жасап өткен Тубба исимли бир мөмин патшаның пуқарасы болып, ол жүдә бай ҳәм саўлатлы болған. Өз патшаларына итаат етпегеннен кейин Аллаҳ таала ол қәўимди набыт етип жиберген. Тубба қәбиринен табылған хат Муҳаммадқа (а.с.) жазылғаны ҳәм өзиниң ийманлы екени белгили болған. Мәккә халқының итаатсызлығы себепли оларға да усындай жаза келип қалыўы ҳаққында ескертилмекте (Тб.).
[5] 54-аят. Жәннеттеги ҳүр қызлар менен бул дүньядағы шоры қызлар киби некесиз байланыс қылына береди. Жәннет әҳлиниң кеўлине басқалардың ҳаялларын ҳәўес қылыў улыўма келмейди (Ол.).
[6] 58-аят. «Сизиң тилиңиз», яғный Қуранды араб тилинде нәзил етиў менен оқыўға ҳәм түсиниўге аңсат етип қойдық, делинбекте.