Қураны кәрийм аўдармасы

Ҳуд

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Ро. (Бул Қуран) аятлары беккем қылынған, соң ҳикметли, (ҳәмме нәрседен) хабардар болған (Аллаҳ) тәрепинен толық баян етилген Китап.­

2. (Ал, қысқаша мазмуны:) «Аллаҳтан басқаға ҳасла ибадат қылмаң!» (– деген шақырық). Әлбетте, мен (Муҳаммад) – Оннан келген ескертиўши ҳәм хош хабаршыман.

3. (Аллаҳ буйырады): Рәббиңизден кеширим сораң, соң Оған тәўбе қылың! (Сонда) Ол сизлерди мәлим мүддетке (әжеллериңиздиң ақырына) шекем (өмирден) шырайлы рәҳәттен пайдаландырады. Ҳәр бир кеңшилик ийесине (сақый адамға Аллаҳ) Өзиниң кеңшилигинен береди. Егер жүз бурсаңыз, онда, әлбетте, мен сизлерге уллы Күнниң (қыямет) азабы (болыўы)нан қорқаман.

4. Қайтатуғын жериңиз – Аллаҳға. Ол – ҳәмме нәрсеге қәдир.

5. Билип қойың, әлбетте, олар (кәпирлер сырларын) Оннан (Аллаҳтан) жасырыў ушын көкиреклерин (басқа тәрепке) бурады. Билип қойың, кийимлерине оранып алса да, Ол олардың жасырғанларын да, ашықтан-ашық қылғанларын да биледи. Әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрселерди билиўши.

6. Жер бетиндеги өрмелеген ҳәр бир жанзаттың ырысқысын (тәмийнатын) тек Аллаҳ ғана береди. Ол олардың туратуғын жерлерин де, баратуғын жерлерин де биледи. Ҳәммеси анық Китапта (Лаўҳул-маҳфузда жазылған)[1].

7. Ол сизлерден қайсыңыз жақсы ис қылыўыңызды сынаў ушын аспанлар ҳәм Жерди алты күнде жаратты. (Сол ўақытта) Оның Аршы суўдың үстинде еди[2]. Егер сен: «Сизлер өлгеннен кейин қайта тирилтилесиз», – десең, күпир келтиргенлер: «Бул – сыйқырдан басқа нәрсе емес!» – дейди.

8. Егер олардан азапты мәлим мүддетке кешиктирсек, олар, әлбетте: «Оны не тоқтатып турыпты?» – дейди. Билип қойың, ол (азап) келген күни олардан қайтарылмайды ҳәм оларды өзлери мазақлап жүрген нәрселери орап алады.

9. Егер инсанға Өзимиздиң мийирманшылығымызды таттырсақ, соң (және) оннан тартып алсақ, ол, әлбетте, үмитсиз ҳәм нашүкир болады.

10. Егер оған қыйыншылықтан соң неъматты таттырсақ, ол: «Меннен жаманлықлар (өзи) кетти», – дейди. Себеби, ол – тәкаббыр ҳәм мақтаншақ.

11. Тек сабыр еткенлер ҳәм ийгиликли ис қылғанлар (ондай емес). Әне соларға кеширим ҳәм уллы сыйлық бар.

12. Бәлким, сен олардың: «Оған ғәзийне түссе еди» ямаса «Оның менен бирге периште келсе еди», – дегени ушын өзиңе ўаҳий қылынған нәрсениң (аятлардың) айырымларын тәрк етежақ шығарсаң ҳәм оннан жүрегиң қысылып атырған шығар. Сен тек ескертиўшисең. Ал, Аллаҳ – Өзи ҳәр бир нәрсеге гүўа.

13. Ямаса: оны (ўаҳийди Муҳаммад) «Өзи тоқып алды», – деп атыр ма? Сен: «Егер расгөй болсаңыз, буған уқсас он сүрени келтирип, Аллаҳтан басқа имканиятыңыз жеткен адамды (жәрдемге ямаса гүўалыққа) шақырың!» – деп айт[3].

14. Егер олар сизлерге жуўап қылмаса[4], онда билиң, ол (Қуран) тек ғана Аллаҳтың илими менен нәзил етилген. Оннан басқа илаҳ жоқ. Енди мусылман боласыз ба?!

15. Ким бул дүнья өмирин ҳәм оның зийнетин қәлесе, оларға әмеллерин (усы дүньяда) толық қылып беремиз. Бунда (дүньяда) олар зыян көрмейди[5].

16. Әне соларға ақыретте дозақтан басқа нәрсе жоқ. Бунда қылған (саўаплы) ислери пушқа шықты ҳәм қылған әмеллери жоқ (зая) болды.

17. Рәббиси тәрепинен ҳүжжетке ийе болған, изинен Оннан (Аллаҳтан) гүўа (Қуран) келген, оннан алдын имам ҳәм мийирманшылық болған Муўсаның Китабы (Таўрат) келген адамлар (тек дүньяны ғана қәлеўшилер менен тең бола ма)?! Әне солар оған (Қуранға) ийман келтиреди. Топарлардан ким оған күпир келтирсе, оған ўәде етилген жер – дозақ. Сен оннан шубҳа қылма! Ол – Рәббиңнен болған ҳақыйқат. Бирақ, адамлардың көпшилиги (буған) ийман келтирмейди.

18. Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқыған адамнан да залымырақ адам бар ма?! Әне солар (қыямет күни) Рәббисине жүзлестириледи ҳәм гүўалар: «Булар – Рәббиси ҳаққында өтирик тоқығанлар. Билип қойың, Аллаҳтың нәлети залымларға болады», – дейди.

19. Олар (адамларды) Аллаҳтың жолынан тосып, оны (жолды) бурмақшы болады. Олар – ақыретти тән алмаўшылар.

20. Әне солар Жер бетинде (ҳеш кимди) илажсыз қалдыра алмады ҳәм оларға Аллаҳтан басқа дослар қалмады. Оларға азап зыяда қылып бериледи. Олар (дүньяда ҳақ гәпти) есите алмайды ҳәм (ҳақыйқатты) көрмейди[6].

21. Әне солар өзлерине зыян қылған. (Қыямет күни) тоқып жүрген нәрселери (бутлары) олардан ғайып болады.

22. Ақыретте олар көбирек зыян көриўши болыўына шубҳа жоқ.

23. Әлбетте, ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылған ҳәм Рәббисине бойсынғанлар, әне солар – жәннет ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.

24. Еки топардың (кәпир менен мөминниң) мысалы соқыр ҳәм герең менен еситиўши ҳәм көриўшиге уқсайды. Екеўи уқсатыўда тең бе? Еслеп көрмейсиз бе?

25. Ҳақыйқатында да, Биз Нуҳты өзиниң қәўимине (пайғамбар етип) жибердик[7], (сонда ол қәўимине былай деди): «Әлбетте, мен – сизлерге анық ескертиўшимен.

26. Аллаҳтан басқаға сыйынбаң! Әлбетте, мен сизлерге аўыртыўшы Күнниң азабынан қорқаман».

27. Оның қәўиминен күпир келтирген ақсүйеклер: «Сен де бизлерге уқсаған адам екениңди көрип турыппыз, саған тек арамыздан бийшаралар ғана (ойламай) бир көриўден-ақ ерип атырғанын да көрип турыппыз. Сизлердиң бизлерден үстинлигиңизди көрип атырғанымыз жоқ. Ал, сизлерди өтирикши, деп ойлап атырмыз», – деди.

28. (Нуҳ) айтты: «Ҳәй қәўимим! Қәне айтың, егер мен Рәббимнен (жиберилген) анық ҳүжжетке ийе болсам ҳәм Ол маған Өзиниң алдынан мийримди (пайғамбарлық) берген болса, (бул) сизлерге жасырын болып қалған болса, жақтырмасаңыз да, Биз сизлерге оны мәжбүрлеймиз бе?!

29. Ҳәй қәўимим! Оның (пайғамбарлық хызмети) ушын сизлерден мал-дүнья сорамайман. Мениң сыйлығымды Аллаҳ береди. Мен (сизлердиң талабыңыз бойынша) ийман келтиргенлерди (алдымнан) қуўыўшы емеспен[8]. Себеби, олар – Рәббисине жолығыўшы. Бирақ, мен сизлердиң надан қәўим екениңизди көрип турман.

30. Ҳәй қәўимим! Егер оларды қуўсам, маған Аллаҳтан (Оның азабынан қутылыўыма) ким жәрдем береди? (Буны) ойлап көрмейсиз бе?

31. Мен сизлерге: «Алдымда Аллаҳтың ғәзийнелери бар», – деп айтпайман. Ғайыпты да билмеймен. «Мен периштемен», – деп те айтпайман[9]. «Нәзериңизге илмей атырған бийшаралар (жарлылар) ҳаққында, Аллаҳ оларға жақсылықты бермейди», – деп те айтпайман. Олардың ишиндегисин (ийман ҳәм ықласты) Аллаҳ жақсы биледи. (Олардың ишиндегисин билемен десем, онда) мен, әлбетте, залымлардан болып қаламан».

32. Олар (Нуҳ қәўими): «Ҳәй Нуҳ! Сен бизлер менен тартысып, тартысты көбейттиң. Енди рас сөйлеўши болсаң, бизлерге ўәде қылып атырғаныңды (азапты) әкел!» – деди.

33. (Нуҳ) айтты: «Оны Аллаҳ қәлесе, әлбетте, келтиреди. Сизлер илажсыз қалдырыўшы (жеңиўши) емессиз.

34. Егер Аллаҳ сизлерди адастырыўды қәлесе, мен нәсият қылыўды қәлегеним менен, нәсиятым сизлерге пайда бермейди. Ол – сизлердиң Рәббиңиз. Оған ғана қайтарыласыз».

35. Ямаса (кәпирлер): «Оны тоқып алды», – дей ме? Сен: «Егер оны тоқып алған болсам, жынаятым өзимниң мойнымда. Мен сизлердиң жынаятларыңыздан пәкпен», – деп айт[10].

36. Нуҳға ўаҳий қылынды: «Қәўимиңнен (усы ўақытқа шекем) ийман келтиргенлерден басқа ҳеш ким ийман келтирмейди. Енди олардың ислеп атырған ислерине қайғырма!

37. Бизиң бақлаўымыз ҳәм ўаҳийимиз (буйрығымыз) бенен кеме соқ, зулым қылғанлар ҳаққында Маған (қутқарыў ҳаққында) айтпа, олар, әлбетте, шөктирилиўши!»

38. (Нуҳ) кемени соға баслады. Қәўиминиң ақсүйеклери ҳәр сапар оның алдынан өткенде, оны масқаралады. (Нуҳ) айтты: «Егер бизлерди масқараласаңыз, сизлер бизлерди масқаралағаныңыздай, бизлер де сизлерди масқаралаймыз.

39. Енди жақында кимге хорлаўшы азап келип, оған даўамлы азап болыўын билесиз».

40. (Ис сол дәрежеге барды)[11] ҳәтте Бизиң буйрығымыз (азабымыз) келип, жағдай қыйынласқанда: «(Ҳәй Нуҳ!) Оған (кемеге жанзаттың) ҳәр биринен бир жуптан ҳәм шаңарағыңды ал, тек (шаңарағыңнан кимге шөгиў ҳаққында Бизден) сөз өткенлерди (алма[12]) ҳәм ийман келтиргенлерди (ал)!» – дедик. Оның менен (Нуҳ пенен) ийман келтиргенлер аз еди.

41. (Нуҳ): «Оған (кемеге) миниң. Оның жүриўи де, турыўы да Аллаҳтың аты менен болады. Әлбетте, Рәббим – Кеширимли, Рейимли», – деди[13].

42. Ол (кеме) оларды таўлардай толқынлардан алып өтип баратырғанда, Нуҳ бир шетте турған (Канъан деген) баласына: «Ҳәй балам! Бизлер менен бирге (кемеге) мин! Кәпирлер менен бирге болма!», – деди.

43. (Ол): «Таўға шығаман, ол мени суўдан сақлайды», – деди. (Нуҳ): «Бүгин Ол рейим қылғанлардан басқасына Аллаҳтың буйрығынан сақлаўшы (ҳеш қандай күш) жоқ», – деди. (Сол ўақытта) екеўиниң арасын толқын тосты ҳәм ол (баласы) шөктирилгенлерден болды.

44. (Соң):«Ҳәй Жер! Суўыңды жут! Ҳәй аспан! Өзиңди тут (жаўыўды тоқтат!)» – делинди. Суў қурыды. Пәрман бежерилди. (Кеме) Жуўдий (таўы) үстине орналасты. (Сонда): «Залымлар қәўими жоқ болсын!» – делинди[14].

45. Нуҳ Рәббисине нида қылып: «Рәббим, әлбетте, балам мениң шаңарағымнан, ал Сениң (шаңарағымды сақлаўға берген) ўәдең – ҳақ. Сен – ҳүким шығарыўшылардың ең әдилисең», – деди.

46. (Аллаҳ): «Ҳәй Нуҳ! Әлбетте, ол сениң шаңарағыңнан емес![15] Әлбетте, ол (оның қылғаны) жақсы ис емес. Өзиң (жақсы) билмеген нәрсени (кешириўди) Меннен сорама! Мен сени наданлардан болыўыңнан (қайтарып) нәсият қыламан», – деди.

47. (Нуҳ): «Рәббим! Мен өзим жақсы билмеген нәрсени Сеннен сораўдан пана тилеймен. Егер мени кеширмесең ҳәм маған рейим қылмасаң, зыян көриўшилерден болып қаламан», – деди.

48. Айтылды: «Ҳәй Нуҳ! Бизден болған саламатлық ҳәм саған ҳәм де сениң менен болған үмметке болған берекетлер менен (кемеден жерге) түс! Және (сениң үмметиңнен) сондай топарлар болады, оларды (дүньядан) азырақ пайдаландырамыз, соң оларды Бизден болған аўыртыўшы азап услайды».

49. (Ҳәй Муҳаммад!) Усы ғайып хабарларын саған ўаҳий қылып атырмыз. Буннан алдын оны сен де, сениң қәўимиң де билмейтуғын еди. Солай екен, сабыр ет, әлбетте, ақыбет – тақўалылардики.

50. Адқа (қәўимине) ағайини болған Ҳудты (пайғамбар етип жибердик). Ол айтты: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға сыйының! Сизлер ушын Оннан басқа илаҳ жоқ! Сизлер тек өтирик (илаҳларды) тоқып атырсыз.

51. Ҳәй қәўимим! Мен сизлерден буның (елшилик хызмети) ушын ҳақы сорамайман. Мениң сыйлығымды мени жаратқан (Аллаҳ) береди. Ақыл ислетпейсиз бе?!

52. Ҳәй қәўимим! Рәббиңизден мағфират (кеширим) сораң, соң Оған ғана тәўбе қылың, (сонда) Ол сизлердиң үстиңизге аспаннан көп (жаўынды) жибереди ҳәм қуўатыңызға қуўат қосады. Жынаятшы болып, терис қарап кетпең!»[16]

53. Олар айтты: «Ҳәй Ҳуд! Сен бизлерге анық ҳүжжетти әкелмедиң. Бизлер сениң (бос) гәпиң ушын қудайларымызды тәрк етиўши де, саған ийман келтириўши де емеспиз.

54. Биз сени тек айырым қудайларымыз жаманлық пенен урып қойыпты, деп билемиз». (Ҳуд) айтты: «Мен Аллаҳты гүўа қыламан, сизлер де гүўа болың, мен сизлер қылып атырған ширктен аўлақпан.

55. (Себеби, сизлер ширк қылған нәрселер) Оннан (Аллаҳтан) басқа. Енди ҳәммеңиз маған ҳийле қыла бериң, соң (оны) маған кешиктирип отырмаң!

56. Мен Рәббим ҳәм Рәббиңиз болған – Аллаҳға тәўекел қылдым. Ҳәр бир өрмелейтуғынның маңлайы (ықтыяры) Оның қолында. Әлбетте, Рәббим туўры жолда.

57. Егер сизлер (ийман ҳәм тәўбеден) жүз бурсаңыз, онда ҳақыйқатында да, сизлерге не менен жиберилген болсам, соны сизлерге жеткиздим. Рәббим сизлердиң орныңызға басқа қәўимди әкеледи. Сизлер оларға зыян жеткизе алмайсыз. Әлбетте, Рәббим – ҳәмме нәрсени қорғаўшы».

58. Буйрығымыз (самал азабы) келгенде Ҳудты ҳәм оның менен бирге болған ийман келтиргенлерди Өзимиздиң мийирманшылығымыз бенен қутқардық. Оларды қатты азаптан қутқардық[17].

59. Мынаў – Ад (қәўими)[18]. (Олар) Рәббисиниң аятларын инкәр етти. Оның Пайғамбарларына бойсынбады. Ҳәр түрли залым ҳәм қайсарлардың буйрығына бойсынды.

60. Оларға бул дүньяда да, қыямет күнинде де нәлет жетип турады. Билип қойың, Ад (қәўиминдегилер) Рәббисине күпир келтирген еди. Билип қойың, Ҳуд қәўими – Ад (қәўимине) апат болары анық[19]!

61. Самудқа (қәўимине) ағайини Солиҳты (пайғамбар етип жибердик). Ол: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға сыйының! Сизлер ушын Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол сизлерди жерден пайда қылып, сизлерди оны абат етиўши қылды[20]. Солай екен, Оннан кеширим сораң, соң оған тәўбе қылың! Әлбетте, Рәббим – (бенделерине) жақын ҳәм (дуўаларды) қабыл етиўши», – деди.

62. Олар: «Ҳәй Солиҳ! Буннан алдын сен арамызда арзыў қылынатуғын адам едиң. (Енди) бизлерди ата-бабаларымыз сыйынған нәрсеге сыйыныўдан қайтарасаң ба? Әлбетте, бизлер сен шақырып атырған нәрсе ҳаққында шубҳадамыз», – деди.

63. (Солиҳ) айтты: «Ҳәй қәўимим! (Ойлап) көрдиңиз бе, егер мен Рәббимнен анық ҳүжжетке ийе болсам ҳәм маған Оның тәрепинен мийирманшылық (пайғамбарлық) берилген болса, мен оған бойсынбасам, ким маған Оннан (азабынан) жәрдем береди (қутқарады)?! Ондай ҳалда, сизлер маған зыяннан басқаны жеткизе алмайсыз.

64. Ҳәй қәўимим! Аллаҳтың мына түйеси сизлерге – мөжиза. Енди оған тиймең, Аллаҳтың жеринде отласын, оған жаманлық қылмаң, (егер ондай қылсаңыз), сизлерди жақында бир азап тутады».

65. Кейин, оны (түйени) сойды[21]. (Солиҳ): «Үйлериңизде үш күн (өмирден) пайдаланып турың! Бул – өтирик болмаған (шын) ўәде!» – деди.

66. Буйрығымыз (азабымыз) келгенде, Солиҳты ҳәм оның менен болған ийман келтиргенлерди Бизден болған мийирманшылық пенен (азаптан) ҳәм сол күнниң шерменделигинен қутқардық. Әлбетте, Рәббиң – Қуўатлы, Қүдиретли.

67. Зулым қылғанларды қышқырық[22] услады. Кейин, олар өзлериниң үйинде өлиге айланды.

68. Олар тап алдын ол жерде жасамағандай (болып қалды). Билип қойың, әлбетте, Самуд (қәўими) Рәббисине күпир келтирген еди. Билип қойың, Самудқа (қәўимине) апат жетсин!

69. Ҳақыйқатында елшилеримиз[23] Ибраҳимге (перзентли болыўы ҳаққында) хош хабар әкелди. (Периштелер): «Сәлем!» – деди. (Ибраҳим де): «Сәлем!» – деди ҳәм көп ўақыт өткизбей, тапланған бузаў (гөшин) әкелди[24].

70. Олардың (периштелердиң) қоллары оған (аўқатқа) созылмағанын (Ибраҳим) көргенде, олардан жатсырады ҳәм қатты қорықты[25]. Олар: «Қорықпа! Бизлер Лут қәўимине жиберилгенбиз», – деди.

71. Ҳаялы (Сара) турған еди, күлип жиберди. Кейин, Биз оған Исҳақ (атлы перзент) ҳәм Исҳақтың артынан Яъқуб (атлы ақлық)тың хош хабарын бердик.

72. (Сара): «Ўай сорым, өзим кемпир болсам, мынаў ғаррым қартайған болса, (сонда да) туўаман ба?! Бул – қызық нәрсе ғой?!» – деди.

73. (Периштелер): «Аллаҳтың исине әжепленесең бе?! Ҳәй (Ибраҳимниң) шаңарағындағылар, сизлерге Аллаҳтың мийирманшылығы ҳәм берекети болсын. Әлбетте, Ол – Мақталған, Уллы», – деди.

74. Ибраҳимнен қорқыў кетип, оған хош хабар жеткенде, Бизлер менен Лут қәўими (қыйратылыўы) ҳаққында тартыса баслады.

75. Әлбетте, Ибраҳим жумсақ кеўил, көп қайғыратуғын, көп тәўбели еди.

76. (Периштелер): Ҳәй Ибраҳим! Буннан (тартыстан) қайт. Себеби, Рәббиңниң буйрығы (Лут қәўимине аталған азабы) келип болған. Әлбетте, оларға қайтарылмайтуғын азап кележақ.

77. Елшилеримиз Лутқа келгенде, (Лут) оларды (көрип) жаман аўҳалға түсти ҳәм олар себепли тәшўишленди[26] де: «Бул – қыйын күн!» – деди.

78. (Лутқа) қәўими жуўырып келди. Олар буннан алдын жаман ислер қылар (еркеклерге барар) еди. (Лут): «Ҳәй қәўимим! Анаў қызларым (оларға үйлениң) олар сизлер ушын пәк ғой[27]. Аллаҳтан қорқың! Мийманларымның алдында мени шерменде қылмаң! Ишиңизде бир дүзиў адам бар ма?!» – деди.

79. Олар: «Сениң қызларыңда бизлердиң ҳақымыз (итияжымыз) жоқ екенин билесең ҳәм бизлердиң нени қәлеп турғанымызды да билесең», – деди[28].

80. (Лут): «Қәне еди сизлерге күшим жетсе ямаса беккем жерге жасырынсам», – деди.

81. (Периштелер): «Ҳәй Лут! Бизлер Рәббиңниң елшилеримиз, (қәўимиң) саған сирә тийе алмайды. Енди сен түнниң бир бөлегинде шаңарағыңды алып кет! Сизлерден ҳеш бириңиз артына қарамасын! Ҳаялыңды қоя бер! Себеби, оларға (қәўимиңе) жететуғын азап оған (ҳаялыңа) да жетеди. Оларға белгиленген ўақыт – таң. Таң жақын емес пе?!» – деди.

82. Пәрманымыз (азабымыз) келгенде оны астын-үстин қылдық ҳәм үстинен қыздырылған тасларды үзликсиз жаўдырдық[29].

83. (Азап тасларына) Рәббиңниң алдында белги қойылған еди. Олар залымлардан узақ емес[30].

84. «Мадян»ға (қәўимине) ағайини Шуайбты (елши – пайғамбар етип жибердик). (Шуайб) айтты: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға сыйының! Сизлер ушын Оннан басқа илаҳ жоқ. Өлшем ҳәм тәрезиден урып қалмаң! Мен сизлердиң (ҳәзирше) жақсылықта (пәраўанлықта жасап атырғаныңызды) көрип турман. Әлбетте, мен сизлерге қамтып алатуғын Күнниң (қыяметтиң) азабы (болыўы)нан қорқаман.

85. Ҳәй қәўимим! Өлшем ҳәм тәрезини әдалат пенен толық бериң! Адамлардың нәрселеринен урып қалмаң, Жер бетинде жаман ислер менен бузғыншылық қылмаң!

86. Егер мөмин болсаңыз, (билип қойың,) Аллаҳтың (сизлерге ҳадал кәсиптен) қалдырғаны сизлер ушын жақсы. Мен сизлердиң үстиңизде (байлықларыңызда) қорықшы емеспен»[31].

87. Олар: «Ҳәй Шуайб! Ата-бабаларымыз сыйынған нәрсени (бутларды) тәрк етиўимизди ямаса мал-дүньямызды өзимиз қәлегенше басқара алмаўымызды саған намазың буйырып атыр ма?![32] Сен жуўас, туўры жолдағы адам едиң ғой?!» – деди.

88. (Шуайб) айтты: «Ҳәй қәўимим! (ойлап) көрдиңиз бе? Егер мен Рәббим тәрепинен анық ҳүжжетке ийе болсам ҳәм мени Өзи тәрепинен жақсы ырысқы менен ырысқыландырған болса (онда, мен қалайынша сизлерди жаман ислерден қайтармай жүре аламан?) Мен сизлерди қайтарып атырған нәрседе өзим қылаплық етиўди қәлемеймен. Мен тек имканым барынша дүзетиўди ғана қәлеймен. (Буған) жетисиўим тек Аллаҳтың ықтыярында. Оған ғана тәўекел қылдым. Оған ғана қайтаман.

89. Ҳәй қәўимим! Маған қарсы ис қылыўыңыз сизлерди я Нуҳ қәўимине, я Ҳуд қәўимине, я Солиҳ қәўимине жеткенге уқсас бәлелердиң жетиўине алып келмесин. Лут қәўими де сизлерден узақ емес.

90. Рәббиңизден кеширим сораң, соң Оған тәўбе қылың! Әлбетте, Рәббим – Рейимли, (мөминлерди) дос тутыўшы».

91. Олар: «Ҳәй Шуайб! Айтқан сөзлериңниң көбисин түсинбедик, бизлер сениң арамызда әззи екениңди көрип турыппыз. Егер ағайинлериң болмағанда, сени тасборан қылған болар едик. Сен бизлерге әзиз емессең», – деди.[33]

92. (Шуайб) айтты: «Ҳәй қәўимим! Мениң ағайинлерим сизлер ушын Аллаҳтан да әзиз бе? (Соның ушын) Оны (Аллаҳты) артыңызға (итибарсыз) тасладыңыз ба? Әлбетте, Рәббим – ислеп атырған ислериңизди қамтып алыўшы[34].

93. Ҳәй қәўимим! Мәканларыңыздағы (исенимиңиздеги) ислериңизди қыла бериң, мен де қылыўшыман. Тез арада кимге хорлаўшы азап келиўин ҳәм ким өтирикши екенин билип аласыз. (Күтип,) бақлап турың, мен де сизлер менен бирге бақлап турыўшыман».

94. (Қәўимге азаптың барыўы ҳаққында) буйрығымыз келгенде Шуайбты ҳәм оның менен бирге ийман келтиргенлерди Өзимиздиң мийирманшылығымыз себепли қутқардық. Ал, зулым қылғанларды қышқырық[35] услады ҳәм (олар өз) үйлеринде өлилерге айланды.

95. Олар ол жерде (алдын) жасамағандай (болып, излери өшип кетти). Билип қойың, Самуд (қәўими) набыт болғанындай, Мадян да (қәўими де) набыт болды.

96. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаны аятларымыз ҳәм анық ҳүжжетлеримиз (мөжизалы ҳаса)[36] бенен елши қылып,

97. Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине (жибердик)[37]. Кейин олар (адамлар) Фиръаўн буйрығына ерди. Ал, Фиръаўнның буйрығы туўры емес еди!

98. Ол қыямет күни қәўимин ертип, оларды дозаққа түсиреди. (Олар) түсетуғын жер – буншелли жаман.

99. Бул дүньяда да, ақыретте де оларға нәлет ереди. Берилген (бул) «жәрдем» – буншелли жаман!

100. (Ҳәй Муҳаммад!) Усылар Биз саған қыссасын айтып берип атырған қалалардың хабарларынан болып, олардан (ҳәзирге шекем сақланып) турғаны да бар, қулап (жоқ болып) кеткени де бар.

101. Биз оларға зулым қылмадық. Ал, олар өзлерине (өзлери) зулым қылды. Рәббиңниң буйрығы (азабы) келгенде, Аллаҳты қойып сыйынғаны (бутлары) ҳеш пайда бермеди ҳәм оларға зыяннан басқаны зыяда қылмады.

102. Халқы залым журтларды (азапқа) тутқанда, Рәббиңиздиң тутыўы усындай болады. Әлбетте, Оның (азапқа) тутыўы аўыртыўшы, қатты.

103. Әлбетте, бунда ақырет азабынан қорыққанлар ушын ибрат бар. Сол Күн – адамлар жыйналатуғын Күн. Сол Күн – гүўа болынатуғын Күн.

104. Биз Оны (сол Күнди) тек санаўлы мүддетке ғана кешиктиремиз.

105. (Ол) келген күни ҳеш бир жан Оның руқсатысыз сөйлей алмайды[38]. Олардың ишинде бахытсызлары да, бахытлылары да болады.

106. Бахытсызлар (кәпирлер ҳәм гүнакар мөминлер) дозақта болып, олар ол жерде ыңырсып, ыңыранып турады[39].

107. (Ақыреттеги) аспанлар ҳәм жер бар екен, (олар) ол жерде мәңги турады. Тек Рәббиңниң қәлегени ондай болмайды (мөминлерди оннан шығарыўы мүмкин). Әлбетте, Рәббиң – қәлеген исин қылыўшы.

108. Ал, бахытлы болғанлар жәннетте, (ақыретте) аспанлар ҳәм жер бар екен, олар ол жерде мәңги турады. Тек Рәббиңниң қәлегени (дозақта болған ўақытлары) ондай болмайды. Бул – таўсылмайтуғын инам.

109. Сен мыналар (мушриклер) сыйынып атырған нәрсе себепли шубҳада қалма! (Олар) алдын ата-бабалары сыйынғандай сыйына береди. Әлбетте, Биз оларға несийбелерин кемис қылмай, толық қылып беремиз.

110. Ҳақыйқатында да, Муўсаға Китапты бердик. Кейин Ол ҳаққында тартысылды[40]. Егер Рәббиңизден (кешиктириў ҳаққында) сөз өтпегенде, олардың арасында (бул дүньяның өзинде-ақ,) ҳүким шығарылған болар еди. Олар ол (Қуран ямаса азап) ҳаққында шубҳаланып атыр.

111. Әлбетте, Рәббиң ҳәммеге әмеллерин (сыйлығы ямаса жазасын) толық қылып береди. Себеби, (Ол) олардың ислеп атырған ислеринен хабардар.

112. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен буйырылғаныңдай туўры бол![41] Сениң менен бирге тәўбе қылғанлар да (туўры болсын!) Ҳәддиңизден асып кетпең, (ҳәй мөминлер!) Ол қылып атырған ислериңизди, әлбетте, көрип турыўшы.

113. Зулым (наҳақлық) қылғанларға сүйенбең! (Егер ондай қылсаңыз,) сизлерге (дозақтан) жалын жетеди. Сизлерге Аллаҳтан басқа дос жоқ. Соң сизлерге (қыяметте де) жәрдем берилмейди.

114. Күндиздиң еки тәрепинде (азанлы-кеш) ҳәм түнниң бир бөлегинде намаз оқы![42] Әлбетте, саўаплы ислер гүналарды кетиреди. Бул – еслеўшилер ушын еслетпе.

115. Сабыр ет! Әлбетте, Аллаҳ шырайлы ис қылыўшылардың сыйлығын зая қылмайды.

116. (Қәне енди) сизлерден алдынғы әсирлерде пазыйлет ийелери Жер бетиндеги бузғыншылықтан қайтарғанда еди?! Тек олар ишинде Биз қутқарғанлардан азшылығы (бул) исти қылды. (Өзлерине) зулым қылғанлар өзиниң рәҳәти изинен ерди ҳәм жынаятшылардан болды.

117. Халқы дүзетиўши болған қалаларды (оның халқын) Рәббиң зулым (наҳақлық) қылып қыйратпайды.

118. Егер Рәббиң қәлесе, (ҳәмме) адамларды бир үммет (бир динге исениўши) қылар еди. Олар мудамы ҳәр түрли (исенимде) болып бара береди.

119. Тек Рәббиң рейим қылған адамлар ондай емес. Оларды соның ушын жаратқан. Рәббиңниң: «Жәҳәннемди, әлбетте, бәрше (күпирде өткен) жинлер ҳәм адамлар менен толтыражақпан», – деген сөзи ҳақ.

120. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз кеўлиңди беккем қылыўымыз ушын саған Пайғамбарлар хабарының ҳәммесин қысса қылып айтып берип атырмыз. Бунда (қыссаларда) саған ҳақыйқат, мөминлерге нәсият ҳәм еслетпе келди.

121. Ийман келтирмейтуғынларға айт: «Мүмкиншилигиңизге қарап әмел қыла бериң, бизлер де әмел қылыўшымыз.

122. Күтиң, бизлер де күтиўшимиз.

123. Аспанлар ҳәм Жердиң ғайыбы (сыры) Аллаҳға тән. Истиң ҳәммеси Оған қайтарылады. Солай екен, Оған ибадат қыл ҳәм Оған тәўекел қыл. Рәббиңиз қылып атырған ислериңизден ғапыл емес.



[1] 6-аят. Лаўҳул-маҳфуз – Аллаҳ таала барлық жанзатты жаратпастан алдын, қыяметке дейин жаратылатуғын буйымларды, қылатуғын ислерин, инсанлар тәғдирин, илаҳий китаплардың негизи ҳәм басқа мағлыўматларды жазып қойған деректиң атамасы.

[2] 7-аят. Аллаҳ таала Жер менен аспанларды екшемби күнинен баслап жума күнине шекем, яғный алты күнде жаратқан. Китап ийелериниң айырымлары Аллаҳ шемби күни дем алған десе, басқалары дүйшемби күнинен баслап, шемби күни тамамлаған ҳәм екшемби күни дем алған, деп есаплайды. Ислам дини тәлиматы бойынша бундай гәплер улыўма надурыс. Себеби, Аллаҳ таала ҳеш қашан шаршамайды ҳәм Ол дем алыўға, уйқылаўға, рәҳәтке мүтәж емес. Алты күнде жаратқан нәрселерин бир сәтте жаратып қойыўға да қәдир еди, бирақ бенделерине үлги болыўы ушын қүдирети жетип турып, сонша мүддетте жаратқаны сабыр-тақатқа үгитлеў ҳәм биз билмеген және басқа ҳикметлер себепли. Ал, бендеси қүдирети жетпесе де мудамы асығады.

[3] 13-аят. «Бақара» ҳәм «Юнус» сүрелеринде айтылыўынша, Расул (а.с.) олардан бир ғана сүре келтириўди сорағанда келтире алмаған еди. Ал, бул жерде олардан он сүре тоқып келтириў талап етилиўиниң себеби алдын соралған сүре ғайыптан хабар бериў, шәрият ҳүкимлери, жәннет хош хабарлары, дозақ азабынан ескертиў киби қурамалы мағлыўматларды өз ишине алған сүре болыўы талап етилген еди. Буған күши жетпегеннен кейин, усы аятта он, бирақ бул мағлыўматлары қурамалы болмаған, тек төрели ҳәм шырайлы сүрелер келтириў усыныс етилген (Бғ.).

[4] 14-аят. Жуўап қылмағанлар – кәпирлердиң өзлери яки жәрдемге шақырған алымлары болыўы мүмкин (Хз.).

[5] 15-аят. Яғный, қылған саўаплары ушын сыйлықты да усы дүньяда алып, ақыреттен бийнесип болады.

Бул аят саўаплы әмеллерди ақырет ушын емес, усы дүньяда абырай ҳәм даңқ арттырыў мақсетинде қылыўшы еки жүзли адамлар ушын да ескертиў болып есапланады (Мд.).

[6] 20-аят. Ҳәдисте ақырет күни әмел китаплары өз ийелерине берилиў ҳалаты былай сүўретленген: «Қыямет күни мөмин Аллаҳға соншелли жақын болады, ҳәттеки Аллаҳ таала оған дүньяда қылған гүналарын бирме-бир еслеткенде, ол ҳәммесин тән алады. Сонда Пәрўардигар оған, гүналарыңды дүньяда жаптым, адамларға әшкара қылмадым. Мине, енди бүгин оларды кеширдим, деп қолына тек саўаплары жазылған әмел китабын береди екен. Ал, кәпир ҳәм еки жүзлилердиң қылмысларын периштелер яки Аллаҳтың өзи халайыққа жәриялап, пәлен-төлен ислерди қылған, Пәрўардигарды инкәр еткен кимселер – әне солар. Өзине зулым қылғанларға Аллаҳтың нәлети болғай, – дейди екен» (Бх. Мс.).

[7] 25-аят. Нуҳ (а.с.) Ибн Аббас (рз.) рәўияты бойынша, 480 жасында пайғамбар болған. 120 жыл қәўимин таўҳидке тийкарланған динге шақырған. 600 жасында кемеге минген. Топан суўдан соң 350 жыл өмир көрип, ҳәммеси болып, 950 жыл жасаған. Ўаҳб ибн Мунаббаҳтың (рҳ.) сөзине қарағанда Нуҳ (а.с.) 1050 жыл өмир көрген (Лс.).

Нуҳтың (а.с.) пайғамбарлық дәўиринде көрген-кеширгенлери және «Нуҳ» сүресинде берилген.

[8] 29-аят. Пайғамбар алдындағы кишипейил, жуўас мөминлерди кәпирлер нәзерге илмей, оларды өз алдынан айдап жибериўди талап ететуғын еди.

[9] 31-аят. Айырым тайпалар Нуҳтың (а.с.) усы сөзлерин дәлил қылып, периштелер пайғамбарлардан жоқары мәртебеде деп гүман қылады. Ал, негизинде бул сөзди Нуҳ (а.с.) кәпирлердиң «Сен де бизлер сыяқлы инсанлардансаң» деген гәпине жуўап ретинде «Мен өзимди периштемен, демеймен. Ал, мениң сизлерден парқым пайғамбар екенимде», – демекши болған (Хз.).

[10] 35-аят. Айырым тәфсирлерде бул аяттағы сөзлер Нуҳтың (а.с.) емес, ал Муҳаммадтың (а.с.) сөзлери делинген.

[11] 40-аят. Истиң кескинлесиўи аятта «тандыр қызып кеткеннен кейин» деген мәнини аңлатыўшы ибара менен келтирилген.

[12] * Шөгиўи тәғдирде белгиленгенлердиң ишинде Нуҳтың (а.с.) бир Ўаила деген ҳаялы ҳәм Канъан деген улы да бар еди. Ҳәммеси болып кемеде саў-саламат қалғанлар саны ҳаққында түрли рәўиятлар бар. Мәселен, 7, 8, 10, 72, 78, 80 адам. Имам Табарийдиң (рҳ.) сөзи бойынша, анық бир сан көрсетилмегени жақсы (Хз.).

[13] 41-аят. Бул аят басқаша тәфсирди де көтереди. Мәселен, «Аллаҳтың исми менен» ибарасы жоқарыға қосылса, Аллаҳтың исми менен миниң, болады.

[14] 44-аят. Жуўдий таўы қай жерде екени ҳаққында да анық мағлыўмат жоқ. Ол Шамда, Ирактың Масул қаласында, Ҳиндстанда, Араратта, Амулда делинген.

Нуҳ (а.с.) Ражаб айының оныншы күни кемеге минип, алты айдан кейин Муҳаррам айының оныншы күни түскен. Сонлықтан, сол күни ораза тутады (Хз. Қз.).

[15] 46-аят. Ибн Аббас (рз.), Икрима, Саид, Заҳҳаклар (рҳ.) Канъан Нуҳтың (а.с.) өзинен болған улы емес еди, деген пикирлерди бийкарлаған. Себеби, Аллаҳ таала кәпирден мөминди, мөминнен кәпирди дүньяға келтириўи мүмкин. Мысалы, Азардан Ибраҳим (а.с.), Адамнан (а.с.) Қабылды пайда қылғаны киби (Хз.).

Әбиў Мансур Матуридий (рҳ.) айтады: «Нуҳтың (а.с.) улы Канъан еки жүзли еди. Бирақ, буны әкеси билмейтуғын еди. Кери жағдайда, оны кемеге шақырмаған да болар еди. Ол өзин әкесиниң динине исенетуғын қылып көрсеткени ушын Нуҳ (а.с.) оны өз әҳлинен есаплап, усы мәмилени еткен еди» (Мд.).

Нуҳ (а.с) кемесиниң узынлығы 300, ени 50, бийиклиги 30 гез болып, үш қабат: бириншисинде жыртқыш ҳайўанлар, екиншисинде жабайы ҳәм үй ҳайўанлары, үшиншисинде адамлар менен Адам (а.с.)ның мәйити болған (Абс.).

[16] 52-аят. Истиғфар айтып тәўбе қылыў молшылыққа, көп перзентлиликке себеп болыўы ҳаққында және «Нуҳ» сүресиниң 10, 11, 12-аятларына қаралсын.

[17] 58-аят. Мөминлер саны 400 адам болған (Мд.).

[18] 59-аят. Аллаҳтың Ад қәўимине ишара қылыўына қарағанда, ғәзепке ушыраған бул қәўимниң қәбирлери ҳәм белгилери Расулуллаҳтың дәўирлерине шекем де Йемен таўларында сақланып қалған (Мд.).

[19] 60-аят. Ад қәўими еки қәўим болып, биринши ҳәм әййемгиси Ҳуд (а.с.) қәўими. Ал, екиншиси Ирам қәўими (Мд. Хз.).

[20] 61-аят. Сол ўақыттағы адамлардың өмири 300 ден 1000 жас әтирапында болады екен. Парсы елиниң залым шаҳлары канал қазып суў шығарыў, терек егиў менен шуғылланған. Сол дәўир пайғамбары Аллаҳтан олардың узақ өмир көриў себебин сорағанда, Ол: «Олар бенделерим ушын абаданшылық ислери менен шуғылланады», – деп жуўап берген екен (Мд.).

[21] 65-аят. Солиҳ (а.с.) бойсыныўдан бас тартып түйени сойып жиберген қәўимине: «Үш күннен соң сизлерге Аллаҳтың азабы келеди. Ертең биринши күни жүзлериңиз сарғайып кетеди. Екинши күни қызарады. Үшинши күни қарайып кетеди», – дейди. Айтқанындай төртинши күни олардың үстине Аллаҳтың азабы – қышқырық келеди ҳәм олар набыт болады (Хз.).

[22] 67-аят. Жәбрайыл (а.с.) бир қышқырыўы менен олар набыт болды (Мд.).

[23] 69-аят. Елшилер – Жәбрайыл, Мекайыл, Исрапыл яки Жәбрайыл менен бирге он еки периште.

Басқа тәфсирлерде олардың саны түрлише берилген (Мд. Хз.).

[24] * Ибраҳимниң (а.с.) шарўашылығы тек қара маллардан ибарат еди. Соның ушын мийманларға дәрҳал бузаў сойып, гөшин Қуяш нурында қыздырылған тасқа жаўып писирип келген. Жерден шуқыр қазып, оған қуяшта қыздырылған тасларды таслап, демлеп писиретуғын еди (Лс. Хз.).

[25] 70-аят. Ибраҳим (а.с.) олар айырым гүнакар үмметлерин набыт етиўге келди ме екен, деп қорқып кеткен еди.

[26] 77-аят. Тәшўишлери – қәўими буларды да бузып қоймай ма екен, деп ойлаўы еди. Себеби, олар хоширей жас жигитлер көринисинде келген еди. Олардың периште екенин билмей, қәўим тәрепинен жаман ис әмелге асырылыўынан қәўипсинди. Елшилерге Аллаҳ таала: «Лут өз қәўими үстинен төрт рет жаман еди, деп гүўалық бермегенше азап қылмағайсыз», – деп буйырған еди. Лут (а.с.) елшилерди өз мәнзилине баслап келгенге шекем төрт рет, бул қәўим – Жер бетиндеги ең жаман қәўим, деп гүўалық бергеннен кейин, қәўимге азап жиберилген (Мд.).

[27] 78-аят. Лут (а.с.) өз қызын кәпир қәўимине ерге бериўге разы болыўының себеби әййем дәўирден Муҳаммадтың (а.с.) биринши пайғамбарлық заманларына шекем мусылман қызды кәпирге некелеў мүмкин болған. Расул (а.с.) қызларынан бирин Әбиў Ләҳәбтиң улына некелеп, кейин ажыратып алғаны Ислам тарийхынан белгили.

[28] 79-аят. Мақсетлери – еркек жынысы менен болыў еди.

[29] 82-аят. Аллаҳ таала Жәбрайылға (а.с.) буйрық бергеннен кейин, ол бир қанаты менен Лут қәўими жасайтуғын Мадаин журтының үлкен аўылы Садумды астынан аспан бойлап көтерип турып, төңкерип жерге таслайды. Бир рәўиятта оның қәўиминен бул ўақыяда 400 мың, басқа рәўиятта төрт миллион адам набыт болады (Мд. Хз.).

[30] 83-аят. Ҳәр бир тасқа оның менен набыт болыўшы залымның исми жазып қойылған еди. Сондай жаза Мәккә мушриклерине яки ҳәр қандай залым, езиўшиге де жетиўи мүмкин (Мд.).

[31] 86-аят. Байлықтың қорықшысы – бул ҳадал кәсип. Бул аят пенен Аллаҳ таала ҳадал мийнет, маңлай тери менен арттырылған байлықтың пайдалы екени, ҳадалдан табылған байлықтың берекетли болыўы ҳаққында баян етпекте.

[32] 87-аят. Мушриклер бул сөзлери менен Шуайб (а.с.) оқыйтуғын намазын мазақ қылған. Шуайб (а.с.) оларға намаз бәрше жаман ислерден қайтарып, ийгиликли ислерге шақырады, дегени менен олар буған исенбеди ҳәм тәсирленбеди (Мд.).

[33] 91-аят. Шуайбтың (а.с.) қәўими ишинде өз ағайинлери де болған. Олар мушрик болса да, пайғамбарды қорғаўы мүмкин, деп кәпирлер гүманланып турар еди. Яғный, ишимиздеги мушрик ағайинлериңниң ҳүрметине саған ҳүжим қылмай турыппыз, – деген.

Мушриклер Шуайбтың (а.с.) айтқан сөзлерин жүдә жақсы түсинетуғын еди. Себеби, ол «пайғамбарлар хатиби» деген атаққа ерискен жоқары билимли дилўар еди. Олардың «түсинбей атырмыз» дегени «гәплериң туўры екенине ақылымыз жетпей атыр» – деген мәниде (Мд.).

[34] 92-аят. Яғный, қылмысларыңызға жараса бул дүнья яки ақыретте тийисли жазаны бериўши.

[35] 94-аят. Жәбрайылдың (а.с.) қышқырығынан набыт болды.

[36] 96-аят. Ол басқа мөжизаларының сайландысы еди.

[37] 97-аят. Муўса (а.с.) менен Фиръаўн арасында өткен ўақыялар ҳәммеге ибратлы болғанлықтан, олардың қыссалары тәкирар рәўиште зикир етиледи.

[38] 105-аят. Бул аяттағы «сөйлемейди» сөзин айырым муфассирлер «шәпәәт қылмайды» деп тәфсир қылған. «Улыўма сөйлемейди» деп тәфсир қылғанлар да бар. Басқа аятта «ҳәр бир жан өзин қорғаў ушын тартысады» – делинген. Бул еки бир-бирине қарама-қарсы мазмундағы аятларға мынадай тәфсир берилген: Қыямет күниниң мүддети жүдә узын. Есап-санақ тамамланаман дегенше адамлар ҳәр қыйлы ҳалатта болады. Мәселен, сондай ҳалат болады, сол пайытта улыўма сөйлей алмайды. Және бир ҳалат болады, сөйлеўге руқсат бериледи. Және сондай ҳалат болады, қәўип-қәтер жеңиллеседи ҳәм олар өзлерин қорғаў ушын тартысады, айыпларын тән алмаўға ҳәрекет қылады (Мд. Хз.).

Қыяметтеги тартыс, әлбетте, бул дүньядағыдай өтпейди. Ол жерде жалған гәп, өтирик ҳүжжет, таныс-билис, ҳийле-сумлық өтпейди. Ол күн ҳақ пенен жалған ажыралатуғын күн есапланады.

[39] 106-аят. Яғный, ешектиң даўысына уқсас жағымсыз даўыс шығарады.

[40] 110-аят. Яғный, Таўратқа айырымлар ийман келтирди, айырымлар оны инкәр етти. Қураны кәриймге Мәккә әҳли де тап сондай мүнәсибетте болды. Бул аятлар менен Аллаҳ таала Муҳаммадқа (а.с.) тәшўишлеринен тәселле бермекте (Мд.).

[41] 112-аят. Расул (а.с.) туўры болыўға буйырылыўы оған қатты тәсир қылған. Усы аятты көп ойлағанлықтан «Ҳуд» сүреси шашымды ағартты» деген. Суфян Сақафий (рз.) Пайғамбарға (а.с.): «Маған исламнан сондай бир сөз айтың, Сизден кейин ол ҳаққында ҳеш кимнен сорамайын» дегенде Ол: «Аллаҳға ийман келтирдим, деп айт та, соң туўры бол!» – деген екен (Мд. Хз.).

Ҳақыйқатында да, инсан ҳәмме исинде туўры болса, оның еки дүньясы да туўры болып, бахытлы инсанлардан болатуғыны анық.

[42] 114-аят. Аят мазмунынан бес ўақыт намаз ўақытларын шығарған. Себеби, күнниң еки тәрепин таң намаз, песин ҳәм аср намазларының ўақты, ал түнниң бир бөлегин шам ҳәм хуптан намазларының ўақты, деп түсиниў мүмкин (Мд.).