1. Ҳәй адамлар! Рәббиңизден қорқың! Әлбетте, қыяметтеги силкиниў үлкен (қорқынышлы) нәрсе[2].
2. Оны көретуғын күниңизде, ҳәр бир емизиўши ана емизип атырғанын (баласын) умытады. Ҳәр бир ҳәмиледар ҳәмилесин түсирип қояды. Адамларды «мәс» ҳалда көресең, (ал) олар мәс емес. Бирақ, Аллаҳтың азабы қатты[3].
3. Адамлардан Аллаҳ ҳаққында илимсиз тартысатуғын ҳәм ҳәр қандай итаатсыз шайтанға еретуғын кимселер де бар.
4. Оған (шайтанға) ким дос болса, әлбетте, оны адастырыў ҳәм дозақ азабына алып барыў оған (тәғдирине) жазылған.
5. Ҳәй адамлар! Егер сизлер қайта тирилиўден шубҳада болсаңыз, онда (ойлап көриң) Биз сизлерге (Аллаҳтың қүдиретин) баян етиўимиз ушын сизлерди (атаңыз Адамды) топырақтан, соң (Адам нәсилин) мәнийден, соң уйыған қаннан, соң (толық қәлиплесип) питкен ҳәм питпеген бир бөлек гөштен жараттық. Биз (сизлерди) қәлегенимизше – белгили мүддетке шекем жатырларда қалдырып, кейин сизлерди нәресте ҳалыңызда (дүньяға) шығарамыз. Соң, ер жетиўиңиз ушын (тәрбия қыламыз). Сизлерден (нәрестелиги ҳәм жаслығында) қайтыс болып кететуғыны да бар, билгенинен кейин ҳеш нәрсени билмей қалатуғын дәрежеде бийшара өмирге (жүдә кекселикке) қайтарылатуғынлары да бар. Жерди қаңыраған ҳалда көресең, қашан Биз оған суў түсирсек, ол ҳәрекетленип, көпшийди ҳәм ҳәр түрли гөззал жубайларды (еки жыныслы гияларды) өндиреди.
6. Булар (айтылғанлардың ҳәммеси), әлбетте, Аллаҳтың ҳақ екени ҳәм Оның Өзи өлилерди тирилтиўи ҳәм Ол ҳәмме нәрсеге қәдир екенинен.
7. Қыямет – келиўши, бунда шубҳа жоқ. Әлбетте, Аллаҳ қәбирдегилерди тирилтеди.
8. Адамлардан илимсиз (ҳалда), ҳидаятсыз ҳәм нурлы Китабы болмай турып, Аллаҳ ҳаққында тартысатуғыны бар.
9. (Туўры жолдан) жүз бурып, (басқаларды да) Аллаҳтың жолынан адастырыў ушын жүретуғын (адам) да бар. Оған бул дүньяда хорлық бар. Қыямет күни оған дозақ азабын таттырамыз*.
10. (Оған айтамыз): «Бундай болыў (азап) өз қолыңыз қылған нәрсе (гүна) себепли. Әлбетте, Аллаҳ бенделерине сирә зулым қылыўшы емес[4].
11. Адамлардан Аллаҳға бир тәреплеме ибадат қылатуғыны да бар. Егер оған жақсылық жетсе, кеўли толады. Егер оған бәле жетсе, жүзин бурады. (Бундай адамлар), дүньяда да, ақыретте де зыян көреди. Бул – анық зыян[5].
12. (Бундай адамлар) Аллаҳты қойып, өзине зыян да, пайда да бермейтуғын нәрселерге илтижа қылады. Бул – қатты адасыў.
13. (Бундайлар) пайдасынан көре зыяны көп болған «кимсе»ге илтижа қылады. Ол – буншелли жаман «хожайын» ҳәм буншелли жаман «ағайин»!
14. Әлбетте, ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларды Аллаҳ астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. Әлбетте, Аллаҳ қәлегенин қылады.
15. Кимде-ким: «Аллаҳ оған (пайғамбарға) дүньяда да, ақыретте де жәрдем бермейди», – деп гүманланса, онда бир себеп пенен (арқан менен), аспанға асылсын, соң оны кессин (өзин буўсын). Кейин, қарасын, оның (бул) ҳийлеси ғәзебин кетирер ме екен?[6]
16. Биз оны (Қуранды) усылай баян етиўши аятлар қылып нәзил еттик. Әлбетте, Аллаҳ Өзи қәлеген адамды ҳидаят қылады.
17. Әлбетте, ийман келтиргенлер, яҳудий болғанлар, собиийлер (периштелерге сыйыныўшылар), насранийлер, мажусийлер (отқа сыйыныўшылар) ҳәм ширк келтиргенлердиң арасын қыямет күни Аллаҳ ажыратады[7]. Әлбетте, Аллаҳ ҳәмме нәрсеге гүўа.
18. (Ҳәй Муҳаммад!) Аспанлардағы бар жанзат, жердеги бар жанзат, Қуяш, Ай, жулдызлар, таўлар, тереклер, (бәрше) ҳайўанлар ҳәм адамлардың көпшилиги, тек Аллаҳға сәжде қылып атырғанын көрмейсең бе? Ал, (адамлардың) көпшилигине (кәпир болғаны ушын) азап ҳақ болды. Кимди Аллаҳ хор қылса, оны ҳүрметлейтуғын болмайды. Әлбетте, Аллаҳ қәлегенин қылады[8].
19. Бул еки қарсыласлар (мөминлер менен кәпирлер) Рәббиси(ниң дини) ҳаққында таласты[9]. Енди күпир келтиргенлерге (ақыретте) жалыннан кийим пишилип, басларынан қайнаған суў қуйылады.
20. Оның (суў) менен олардың қарнындағы нәрсе де, терилер де еритиледи.
21. Оларға (урып жаза бериў ушын) темир шоқмарлар бар.
22. Олар қашан ғам себепли оннан (дозақтан қашып) шықпақшы болса, (шоқмарлар менен урылып,) оған қайтарылады. (Оларға): «Дозақ азабын татың!» (делинеди).
23. Әлбетте, ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларды Аллаҳ астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. Олар ол жерде алтын билезиклер ҳәм мерўертлер менен безеледи. Ол жерде олардың кийимлери жипектен болады.
24. Олар (дүньяда) жақсы сөзге («Аллаҳ – жалғыз», деген сөзге) ҳидаят қылынған ҳәм мақталғанның (Аллаҳтың) жолына ҳидаят қылынған.
25. Әлбетте, күпир келтиргенлерге, Аллаҳтың жолынан ҳәм де жергиликли ҳәм шеттен келген адамлар ушын тең қылып қойғанымыз Масжидул Ҳарамнан тосқанларға[10] ҳәм ол жерде зулым менен қәте жолға бурылыўды қәлегенге, аўыртыўшы азапты таттырамыз.
26. (Ҳәй Муҳаммад!) Еслең, Биз Ибраҳимге Байт (Кааба) орнын белгилеп берип, (оған былай дедик): «Маған ҳеш нәрсени шерик қылма, Байтымды таўап қылыўшылар, (ибадатта) тик турыўшылар, руку ҳәм сәжде қылыўшылар (ҳажылар ҳәм намазханлар) ушын пәкле!
27. Адамларды (арасында жүрип оларды) ҳажға шақыр! (Сонда) олар сен тәрепке (Каабаға) пияда, узақ жоллар жүрип, арық көликлерде келеди.
28. Олар өзиниң (диний ҳәм дүньялық) пайдасына гүўа болыў ушын, белгиленген күнлерде[11] (Аллаҳ) оларға ырысқы етип берген шарўа ҳайўанларына (қурбанлық ушын сойғанда) Аллаҳтың атын айтыў ушын (келеди). Енди олардан жей бериң ҳәм жарлы бийшараларға да жегизиң!
29. Соң (ҳажылар) өзиндеги кирлерди кетирсин (иҳрамнан шығып, шаш алдырып таза кийимлерин кийсин), нәзрлерине (ҳаж мәжбүриятларына) опа қылсын ҳәм «Ески үй»ди (Каабаны) таўап қылсын».
30. (Гәп) усындай. Ким Аллаҳ ҳарам қылған нәрселерди үлкен (ис) деп билсе (әмел қылса), онда бул Рәббисиниң алдында өзине жақсы болады. Сизлерге (ҳарам екенлиги) тиләўат қылынатуғын нәрселерден басқа (бәрше) шарўа ҳайўанлары ҳадал қылынды. Солай екен, бутлардан ибарат нажаслықлардан узақ бол ҳәм өтирик сөзден шетлен!
31. Аллаҳға туўры болып, Оған ширк келтириўши болмаған ҳалыңызда (усы ислерди қылың!) Ким Аллаҳға ширк келтирсе, онда ол тап аспаннан қулап түсип, оны қус(лар олжа қылып) алып кеткен яки оны (қатты) самал узақ жерге ушырып кеткен (жансыз нәрсе) киби.
32. (Гәп) усындай. Және ким Аллаҳтың уранларын (қурбанлықларды) уллыласа, онда, әлбетте, (бул –) кеўиллердиң тақўасы.
33. Сизлерге олар (қурбанлықларыңыз)да белгиленген ўақытқа шекем пайдалар бар (жолда оларды қозылатып, саўып пайдаланып кетиў мүмкин). Соң «Ески үй» (Кааба) – олардың (сойылыў) орны[12].
34. Биз (өткен) ҳәмме үмметке, Аллаҳ берген шарўа ҳайўанларын (сойыў) алдынан Оның атын зикир етиўи ушын – қурбанлық қылыўды буйырғанбыз. Сизлердиң (бәршеңиздиң) илаҳыңыз – бир Илаҳ. Солай екен, Оған ғана бойсының. (Ҳәй Муҳаммад!) Итаатлыларға хош хабар бер.
35. Олар – Аллаҳ зикир қылынғанда кеўли титирейтуғын, өзине жеткен мүсийбетке сабыр ететуғын, намазды кәмил оқыйтуғын ҳәм оларға ырысқы етип берген нәрсемизден напақа қылатуғынлар.
36. (Қурбанлық қылынатуғын) түйелерди сизлерге Аллаҳтың белгилери қылдық. Оларда сизлерге жақсылық бар. Солай екен, (сойыў ушын) сап тартқан ҳалында оларға Аллаҳтың атын зикир қылың! Қашан жамбасы менен түскенде (жаны шыққанда), олардан (өзлериңиз де) жей бериң, сорай алмай турған (жарлылар)ды ҳәм тиленшини аўқатландырың! Усылайынша, Биз оларды (шарўа малларын) сизлерге бойсындырдық. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.
37. Аллаҳға олардың (қурбанлықтың) гөшлери де, қанлары да жетип бармайды. Бирақ, Оған сизлерден тақўа жетеди. Усылайынша, сизлерди ҳидаят қылғаны себепли – Аллаҳға тәкбир айтыўыңыз ушын оларды сизлерге бойсындырып қойды. Жақсылық қылыўшыларға хош хабар бер!
38. Әлбетте, Аллаҳ ийман келтиргенлерди қорғайды. Әлбетте, Аллаҳ бәрше сатқын ҳәм нашүкирлерди жақсы көрмейди.
39. (Мушриклер тәрепинен) ҳүжимге ушырап атырған (мусылман)ларға, зулым қылынғаны ушын, (урыс қылыўға) руқсат берилди. Әлбетте, Аллаҳ оларға жәрдем бериўге қәдир[13].
40. Олар тек «Рәббимиз – Аллаҳ» дегени ушын ғана үлкесинен наҳақ шығарылды. Егер Аллаҳ адамлардың айырымын айырымы менен сүрип (жоқ қылып) турмаса, (раҳиблердеги) аўлақханалар, (насранийлердеги) бутханалар, (яҳудийлердеги) ибадатханалар ҳәм Аллаҳтың аты көп зикир қылынатуғын (мусылманлардағы) мешитлер ўайран қылынған болар еди. Әлбетте, Аллаҳ Өзине (динине) жәрдем бергенге жәрдем береди. Әлбетте, Аллаҳ – Күшли, Қүдиретли![14]
41. Оларға Жер бетинде имкан берсек, намазды кәмил оқыйды, зәкатты береди, жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарады. (Бәрше) ислердиң ақыбети Аллаҳтики (Ҳәмме истиң тәғдирин Ол белгилейди).
42. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер олар (Мәккә мушриклери) сени өтирикши қылып атырған болса, онда (билип қой) олардан алдын Нуҳ қәўими, Ад ҳәм Самуд та (қәўимлери де өзлерине жиберилген пайғамбарларды) өтирикши қылған еди.
43. Ибраҳим қәўими, Лут қәўими (де сондай),
44. Мадян (қаласының) халқы да (сондай еди). Муўса да өтирикши қылынды. Мен кәпирлерге мәўлет берип, соң оларды (Өз азабым менен) усладым. Солай екен, Мениң қарсылығым қалай болды?!
45. Қаншадан-қанша аўыл (қала)ларды залым (кәпир) болған ҳалында қыйраттық. Енди олар үсти қулаған, тасланды қудық, үлкен (бирақ, кимсесиз) сарай (ҳалында).
46. Олар (Мәккә мушриклери) Жер бетинде сейил қылмай ма, сонда оларда ақыл жүритетуғын кеўиллер ҳәм еситетуғын қулақлар болған болар еди. Себеби, (олардың) көзлери көр емес, ал көкиреклериндеги кеўли көрмейди.
47. Аллаҳ ўәдесине терис ис қылмайтуғын болса да, олар сеннен (мысқыллап Аллаҳ ўәде еткен) азапты тезлетиўди сорайды. Әлбетте, Рәббиңниң алдындағы бир күн сизлер санайтуғын мың жылға тең.
48. Қаншадан-қанша аўыл (қала)ларға, өзлери зулым қылыўшы (кәпир) болса да, мәўлет бердим. Соң оларды (азабым менен) усладым. Қайтыў тек Маған болады.
49. Сен: «Ҳәй адамлар! Мен сизлер ушын анық ескертиўшимен», – деп айт.
50. Ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар ушын кеширим ҳәм кең ырысқы бар.
51. Бизиң аятларымызды әззи қалдырыў ушын, ҳәрекет қылғанлар, әне солар – дозақ ийелери.
52. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сеннен алдын жиберген ҳәр бир елши ҳәм пайғамбар қашан (өзине нәзил болған аятларды) арзыў (қирәәт) қылса, шайтан оның арзыўына (қирәәтине басқа нәрсени) таслаған (қосқан). Енди Аллаҳ шайтан таслайтуғын нәрсени кетиреди. Соң, Аллаҳ Өзиниң аятларын беккем қылады. Аллаҳ – Илимли, Ҳикметли.
53. (Аллаҳ) шайтан таслайтуғын нәрсени кеўлинде кесели бар (еки жүзлилер) ҳәм тасбаўыр (кәпир) болғанларға сынаў ушын (пайда қылады). Әлбетте, залымлар (кәпирлер) узақ тартысыўда.
54. Ал, илим берилгенлер оның (Қуранның) Рәббиңнен келген ҳақыйқат екенин билип, оған ийман келтирип, кеўли оған байланыўы ушын (Аллаҳ усындай қылады). Әлбетте, Аллаҳ ийман келтиргенлерди туўры жолға ҳидаят қылады[15].
55. Күпир келтиргенлер қыямет бирден келгенше яки «туўмайтуғын» (түни болмайтуғын) Күнниң азабы келгенше оннан (Қуранның ҳақ екенине) бәрқулла шубҳада болады[16].
56. Ол Күни бийлик (жалғыз) Аллаҳтики. (Аллаҳ) олардың арасында ҳүким қылады. Кейин, ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар неъматлы жәннетлерде болады.
57. Ал, күпир келтиргенлер ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, енди әне соларға (ақыретте) хорлаўшы азап бар.
58. Аллаҳтың жолында ҳижрат қылып, соң өлтирилген яки қайтыс болғанлар, әлбетте, Аллаҳ оларды гөззал ырысқы (мәңги жәннет) менен ырысқыландырады. Әлбетте, Аллаҳ – ырысқы бериўшилердиң жақсысы[17].
59. Әлбетте, (Аллаҳ) оларды өзлери разы болатуғын жерге (жәннетке) киргизеди. Әлбетте, Аллаҳ – Илимли, Ҳалийм.
60. (Гәп) сондай. Ким өзине жеткен зыян муғдарында өш алса, соң оған және зулым қылынса, әлбетте, Аллаҳ оған (жәбиркешке) жәрдем береди[18]. Әлбетте, Аллаҳ – (қәтелерди) әпиў етиўши, (гүналарды) кешириўши.
61. Бундай болыў себеби, Аллаҳ, әлбетте, түнди күндизге киргизиўи (түнди қысқартып, күндизди узайтыўы) ҳәм (керисинше) күндизди түнге киргизиўинен. Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши.
62. Буған (және бир) себеп, Аллаҳтың Өзи ҳақыйқат екени, сизлер Оны қойып, сыйынып атырған нәрселер (бутлар), анық бийкар екени. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи – Жоқары, Үлкен.
63. Аллаҳ аспаннан суў (жаўын-шашын) түсиргенде, жер жап-жасыл болып кеткенин көрмедиң бе?! Әлбетте, Аллаҳ – Латийф, Хабардар.
64. Аспанлар ҳәм Жердеги бар нәрселер Оныки. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи ғана ҳеш кимге мүтәж емес, Мақталған.
65. Аллаҳ сизлерге жердеги нәрселерди, теңизде Өзиниң руқсаты менен жүретуғын кемени бойсындырып қойғанын, аспанды Өзиниң руқсатысыз Жерге түсиўинен услап турыўын көрмедиң бе?! Әлбетте, Аллаҳ адамларға – Мийримли, Рейимли[19].
66. Ол сизлерге жан берди, кейин жаныңызды алады, соң (және қыяметте қайта) тирилтеди. Әлбетте, инсан – нашүкир.
67. Биз ҳәр бир үмметке қурбанлықты буйырдық. Олар оған әмел қылыўшы (болды). Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) бул исте олар сениң менен сирә тартыспасын! Сен (оларды) Рәббиңе (Оның динине) шақыр! Әлбетте, сен туўры жолдасаң[20].
68. Егер олар сениң менен тартысса, сен (оларға) айт: «Аллаҳ – сизлер қылып атырған (жаман) нәрсени (ислерди) билиўши.
69. Аллаҳ қыямет күни сизлер (келисе алмай) тартысып атырған нәрсе ҳаққында ҳүким шығарады».
70. (Ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги бар нәрсени билиўин сен билмедиң бе?! Әлбетте, бул Китапта (Лаўҳул-маҳфузда жазылған) [21]. Әлбетте, бул – Аллаҳға аңсат.
71. Олар (Мәккә кәпирлери) Аллаҳты қойып, Ол ҳеш қандай ҳүжжет түсирмеген, өзлеринде де ол ҳаққында илим болмаған нәрсеге ибадат қылады. Залымлар ушын жәрдем бериўши жоқ.
72. Қашан оларға Бизиң ашық-айдын аятларымыз тиләўат қылынса, күпир келтиргенлердиң бетлеринде инкәрды (белгисин) сезесең. Аятларымызды оларға тиләўат қылып берип атырғанларға олар күш ислетейин деп қалады. Сен оларға: «Енди сизлерге буннан да жаманырақ нәрсе ҳаққында хабар берейин бе? (Ол нәрсе –) Аллаҳ күпир келтиргенлерге ўәде еткен дозақ. Ол – буншелли жаман қайтатуғын жер!» – деп айт[22].
73. Ҳәй адамлар! (Сизлерге) тымсал келтириледи, енди оған қулақ салың! Әлбетте, сизлер Аллаҳты қойып, сыйынып атырған нәрселериңиздиң ҳәммеси бирлессе де, бир шыбынды да жарата алмайды. Егер шыбын олардан бир нәрсени тартып алса да, оннан оны қутқара алмайды. Талап қылыўшы да, талап қылыныўшы да әззи.
74. Олар Аллаҳты ҳақыйқый рәўиште қәдирлемеди. Әлбетте, Аллаҳ – Күшли, Қүдиретли.
75. Аллаҳ периштелерден ҳәм адамлардан елшилерди таңлайды. Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши.
76. (Аллаҳ) олардың (адамлардың) алдынғы (болған) ҳәм кейинги (болатуғын) нәрселерин биледи[23]. (Ҳәмме) ислер Аллаҳға ғана қайтады.
77. Ҳәй ийман келтиргенлер! Руку қылың, сәжде қылың ҳәм Рәббиңизге ибадат қылып, жақсылық қылың, қәнекей утысқа ериссеңиз![24]
78. Аллаҳтың (итааты) жолында ҳақыйқый тырысың! Ол сизлерди (усы дин ушын) таңлап алды ҳәм сизлерге бул динде ҳеш қандай қыйыншылық қылмады. Атаңыз Ибраҳимниң дини (исламды услаң)! (Қыяметте) Пайғамбар сизлерге гүўа болыўы ушын, сизлер (қалған) адамларға гүўа болыўыңыз ушын (Аллаҳтың Өзи) алдын (муқаддес китапларда) да, бунда (Қуранда) да мусылманлар деп атады. Солай екен, намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм Аллаҳға байланың! Ол – сизлердиң Хожайыныңыз. Демек, Ол қандай жақсы Хожайын ҳәм (жәрдем сорағанларға) қандай жақсы жәрдем бериўши!
[1] 22. ҲАЖ СҮРЕСИ
Сүреде ҳаж ибадатының парыз қылыныўы, Кааба имаратының қурылыў тарийхы ҳаққында аятлар бар болғаны ушын оған «Ҳаж» сүреси деп атама берилген.
Сүреде саўап, гүна, ақырет, қыямет ўақыялары, мәҳшардағы ҳалатлар, ийман, исеним, илаҳий үгитлер кең берилген.
[2] 1-аят. Қыяметтиң ең қорқынышлы белгилеринен бири Жер қыймылдаўы есапланады. Соның ушын сүрениң басында усы қорқынышлы күн келиўинен алдын тақўа менен Аллаҳтан қорқыў ҳәм ийгиликли әмеллер менен оған таярлық көриўге шақырылмақта.
[3] 2-аят. Қыямет қайым болыўына исеним пайда болғаннан кейин, ҳәр бир инсан өзиниң ақыреттеги аўҳалын ойлап қалады. Жас балалардың шашы ағарып кетиўи, үлкен жастағылардың мәс ҳалатқа түсиўи, ҳәмиледарлардың баласы түсиўи, булардың ҳәммеси сол күнниң қаншелли қорқынышлы ҳәм аўыр кешиўинен дерек береди.
Расул (а.с.) бир күни саҳабаларға мыңнан бир адам жәннетке, қалғанлар дозаққа түседи, деди. Сонда олар қәўетерге түсип жылады. Буны көрип, ол айтты, ҳәр еки пайғамбар аралығындағы жәҳилият дәўиринде жасаған күпир әҳли, Яъжуж ҳәм Маъжуж, жинлерден күпирде өткенлери есабынан мыңнан тоғыз жүз тоқсан тоғыз үлеси толады. Сонда сиз – әҳли жәннетлер ҳайўан терисиндеги қасқа яки қалдай аз муғдарда боласыз, ал дозақ әҳли көпшиликти қурайды (Лс.).
[4] 8,9,10-аятлар. Бул аятлар ушына шыққан мушриклерден Әбиў Жаҳл яки Назр ибн Ҳарс ҳаққында нәзил болған (Мд. Хз.).
[5] 11-аят. Аяттың нәзил болыў себеби – Мадина қаласы әтирапында жасайтуғын мусылман арабийлер Мадинаға ҳижрат қылып келгеннен кейин ислери оңынан келсе, яғный саламат жүрсе, мал-дүньясы көбейсе, ҳаялы ул туўса, кеўли тынышланып жүреди, егер буның кериси болып, бийтап болып қалса яки ҳаялы қыз туўып қойса, диннен бет бурып кетер еди (Мд. Қз.).
Бул аъробийлер, яғный саҳралылар шараятында жасаған адамлардың көпшилиги ушына шыққан кәпир ҳәм еки жүзли болатуғыны ҳаққында «Тәўбә» сүресиниң 97-аятында да айтып өтилген еди.
[6] 15-аят. Яғный, Пайғамбарға көрсетилип атырған жәрдемди көрип, күйиниў орнына, жақсысы қызғаншақлар өзлерин дарға асып қояғойсын, деген мысқыллаў есапланады.
[7] 17-аят. Собиийлер насранийлердиң бир түри болғаны ушын олардың дини өз алдына ғәрезсиз дин деп есапланбаса, динлер бесеў. Егер ол қосып есапланса, алты дин болып, олардан биреўи, яғный ислам дини Роҳманий, қалғанлары шайтаний динлер есапланады (Мд. Хз.).
[8] 18-аят. Сәжде аяты. Аяттағы ақырғы гәп муътазилийлер ақыйдасын сындырады. Олар Аллаҳты көп нәрсени қәлейди, бирақ әмелде оларды қылмайды, дейди (Мд.).
[9]19-аят. Аяттың нәзил болыўы себеби түрлише көрсетилген. Ибн Исҳақтың (рҳ.) сөзи бойынша, Бадр саўашы алдынан мушриклерден үш адам, яғный Рабианың еки улы – Утба менен Шайба ҳәм Ўәлид ибн Утба, мусылманлардан да үш адам, яғный Убайда ибн Ҳарс, Ҳамза ибн Абдулмутталиб ҳәм Әлий ибн Әбиў Талиблер (рз.) ортаға шығып мубараза, яғный жекпе-жек алысқан. Әмир Ҳамза Шайба менен түсип, дәрҳал оны өлтиреди. Ҳәзирет Әлий де Ўәлидти жер тислетеди. Убайда менен Утба бир-бирин жарадар қылады. Саўашта мусылманлар жеңип шығады (Бғ. Хз.).
[10] 25-аят. Аяттың усы гәпи бойынша, Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) Мәккә қаласындағы ҳәўли-жайлардың сатылыўы да, ижараға берилиўи де мүмкин емес, яғный мәўсим пайытында шет елден келгенлер менен жергиликли халық меншик мәнзиллерден бийпул пайдаланыў ҳуқықы бойынша тең, деген. Бирақ, Таўыс, Амр ибн Динар, Шафиийлер (рҳ.) Мәккәдағы ҳәўли-жайлардың саўдасы да, ижарасы да мүмкин, деген. Ҳәр еки ижтиҳадқа да дәлиллер бар. Мәселен, Әбиў Ҳанийфаның (рҳ.) дәлили аяттан тысқары және Абдураҳман ибн Сабиттиң сөзи есапланады. Ол былай деген: «Биз жасаған дәўирде Мәккәға шет елден келген ҳажыларға қарағанда Мәккә әҳли өз мәнзилине ҳақлырақ емес еди. Умар (рз.) ҳаж мәўсиминде адамларды үй есиклерин бекитип қойыўды қадаған ететуғын еди». Ибн Аббас, Саид ибн Жубайрлар (рз.), Қатода, Ибн Зайд ҳәм Мужаҳидлер (рҳ.) де мүсәпир менен жергиликли халық мәнзиллерде турыўға тең ҳуқықлы, деген. Шафиийдиң (рҳ.) дәлили Мәккәдан ҳижрат қылған мусылманлар ҳаққында келген аятта «...өз үлкелеринен наҳақ шығарылғанлар» делингени, Расулдың (а.с.) Мәккәны ийелеген күни «Ким дәрўазасын бекитип алса, ким Әбиў Суфянның үйине кирип алса, сол адам қәўипсиз есапланады» деген сөзлери ҳәм Умардың (рз.) Мәккәда қамақхана ушын 4000 дирҳамға бир ҳәўлини сатып алғаны есапланады (Тб. Хз. Лс.).
[11] 28-аят. Қурбанлықты белгиленген күнлери сойыў шәрт. Мәселен, оның ўақты ҳанафий мәзҳабында Қурбан ҳайыт күниниң таң намазынан соң үшинши күнниң қуяшы батқанға шекем даўам етеди.
[12] 33-аят. «Ески үй» – Кааба дегенде Мәккә қаласы түсиниледи. Ҳәдисте: «Мәккәның ҳәмме тәрепи қурбанлық сойылатуғын орын», – деп айтылған (Дў. Мж.).
[13] 39-аят. Пайғамбарымыз Муҳаммад (а.с.) Мәккәда турған жыллары мушрик ҳәм кәпирлерден ҳәр қанша азап шеккен, мусылманлар түрли қуўдалаў ҳәм зулымларға дуўшар болса да Аллаҳ тәрепинен күпир ҳәм ширк әҳлине қарсы саўаш қылыўға руқсат берилмеген, ал олар менен келисимге келиўге, сабыр-қанаатлы болыўға буйырылған. Ал, ҳижраттан кейин кек алыў мақсетинде, мусылманлардан зулым менен тартып алынған мал-мүликлериниң бир бөлегин болса да, қайтарып алыўы ушын саўаш қылыўға руқсат берилди. Бул аятта усы ҳаққында сөз бармақта.
[14] Басқа диндеги адамлардың ибадатханалары да мусылманлардың мешитлери қатарында, унамлы мәниде зикир етилиўи дыққатқа ылайық.
[15] 52,53,54-аятлар. Бул аятлардан шайтанның өткен пайғамбарлар қирәәтине ўаҳий қылынбаған сөзлерди қосып шалғытқаны, ал Муҳаммадты (а.с.) шалғыта алмайтуғыны белгили болады. Пайғамбарымыз (а.с.) намазда «Нажм» сүресин қирәәт қылып атырғанда, шалғып қирәәтти басқаша оқыған, деген рәўият надурыс. Негизинде ўақыя былай болған: Пайғамбарымыз (а.с.) «Нажм» сүресин намазда оқып атырғанда 20-аятты оқып, бираз тоқтап қалған. Сонда шайтан бир гәпти өзи тоқып, Пайғамбарымыздың ҳаўазына уқсатып жиберген. Буны еситкен айырым намаз оқып атырғанлар Пайғамбар жаңылысты, деп ойлаған. Шайтанның ҳаўазы гейде еситилип туратуғыны тарийхтан белгили. Мәселен, Уҳуд саўашында «Муҳаммад өлтирилди» деп гәп тарқатып, мусылманлардың жүрегине ғулғула салғаны, Бадр саўашында да усындай сөзлер менен алаўызлық шығармақшы болғаны рәўият қылынған.
[16] 55-аят. «Туўмас күн» дегени қыямет күни яки Бадр саўашындағы мусылманлар жеңиси күни деп тәфсир қылынған.
[17] 58-аят. Мынадай сораў туўылыўы мүмкин: ҳәммеге ырысқы бериўши жалғыз Аллаҳтың өзи ғой, неге бул жерде «ырысқы бериўшилер» ибарасы қолланылған? Жуўап сол, ҳақыйқый ырысқы бериўши раззақ Аллаҳтың өзи, бирақ гейде астарлы мәниде ырысқы бериўши деп басқаларға да айтылады. Мәселен, патша әскерине ырысқы берди, яғный Аллаҳ жазған ырысқыны патша оларға тапсырды, дегени болады (Хз.).
[18] 60-аят. Аяттың нәзил болыў себеби – урыс ҳарам етилген муҳаррам айында мушриклер мусылманларға қарсы урыс баслаған. Мусылманлар бул айда урысыўды қәлемеген ҳалда қарсылық көрсеткен. Саўашта Аллаҳтың мәдети менен мусылманлар жеңиске ерискен. Сонда айырым мусылманлар қадаған етилген айларда урыс қылыўға болады екен, деп гүман қылып турғанда Аллаҳ бундай қадаған етилген айларда урыс қылыўдың ҳарам екени өз орнында қалатуғынын, тек оларға әмел қылмай, ҳәддинен асыўшылардың басқыншылығына қарсы қорғаныў мақсетинде ғана қуралдан пайдаланыў мүмкин екенлиги ҳаққында ескертпекте (Лс. Хз.).
[19] 65-аят. Сүрениң 58-аятынан усы аятқа шекем 8 аятта Аллаҳтың қүдирети, сақыйлығы ҳәм неъматлары зикир етилгеннен кейин Оның 15 сыпаты келтирилди. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.): «Усы он бес сыпат – Аллаҳтың «исми аъзам»лары есапланады. Кимде-ким оларды оқып дуўа қылса, дуўасы қабыл болады», – деген (Мд.).
[20] 67-аят. Бул аят бир топар мушриклер мусылманларға гийне тағып: «Неге өзлериңиз өлтирген (сойған) ҳайўанның гөшин жейсиз, ал Аллаҳ өлтирген ҳайўанлардың (өлимтиклердиң) гөшин жемейсиз?», – дегенде усы аят нәзил етилген (Мд. Хз.).
[21] 70-аят. Ҳәдисте: «Жер ҳәм аспанларды жаратыўдан 50 мың жыл алдын Аллаҳ таала барлық мақлуқат ҳәм жанзатлардың тәғдирин өлшеп, белгилеп қойған. Ол пайытта Оның Аршы суўдың үстинде еди», – деп айтылған (ИК).
[22] 72-аят. Расулдың (а.с.) саҳабалары гейде ҳидаятқа дәлил қылыў мақсетинде Қурайш мушриклерине Қуран аятларын тиләўат қылып беретуғын еди. Бирақ, буннан олардың ашыўы келип, саҳабаларды урып жиберетуғындай ҳалатқа түсетуғын еди. Дозақтағы ҳалатлары буннан да бетер болатуғыны ҳаққында хабар берилмекте (Тб.).
[23] 76-аят. «Алдынғы (болған)» нәрсе – оларды жаратпастан алдынғы болған ислер. «Кейинги (болатуғын)» нәрсе – жаратылғанларынан кейинги ислер. Бул аят пенен Аллаҳ таала Өзиниң әзелий бар екенлигин ҳәм мәңги-бақыйлығын билдирмекте.
[24] 77-аят. Бул аяттағы сәжде қылыўға қаратылған буйрық ҳанафий мәзҳабымыз бойынша намаздағы сәжде есапланады, тиләўат сәждеси емес. Себеби, Исламның дәслепки дәўиринде мусылманлар рукуъ ҳәм сәждесиз намаз оқыйтуғын еди.
«Рукуъ ҳәм сәжде қылың!» деген ибарадан «Намаз оқың!» деген буйрықты да аңлаўға болады (Мд.).