1. Ар-Роҳман (Мийирман).
2. Қуранды үйретти.
3. (Ол) инсанды жаратты.
4. Оған баянды (сөйлеўди) үйретти.
5. Қуяш ҳәм Ай (анық) есап пенен (жүреди).
6. Палыз егинлери (яки жулдызлар) ҳәм тереклер де (Аллаҳға) сәжде қылады (бойсынады).
7. Аспанды көтерип қойды ҳәм тәрезини (өлшем ҳәм әдалатты) орнатты,
8. тәрезиде ҳәдден аспаўыңыз ушын.
9. (Ҳәй инсанлар! Мәмиледе,) тәрезиде әдалат қылың ҳәм тәрезиден урып қалмаң!
10. (Аллаҳ) Жерди адамлар ушын (тегислеп) қойды.
11. Онда (түрли) мийўелер ҳәм ғумшаларға ийе қурма (ағаш)лары бар.
12. Және онда сабанлы дәнлер ҳәм райхан (ҳәм басқа гүллер) бар.
13. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
14. Ол инсанды (Адамды) гүлалға уқсас кепкен ылайдан жаратты.
15. Жинлерди (ҳәм Иблисти де) оттың түтинсиз жалынынан жаратты.
16. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
17. Ол (Аллаҳ) – еки Шығыс (Күн менен Ай шығатуғын тәреп) ҳәм еки Батыстың (Күн ҳәм Айдың бататуғын тәрептиң де) Рәббиси.
18. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
19. Ол еки (түрли) теңизди бир-бири менен ушырасатуғын қылып қойды.
20. (Бирақ,) ол екеўиниң арасында бир тосық болып, олар (сол тосықтан) асып өте алмайды[2].
21. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
22. Ол екеўинен (шор суўлысынан) мерўерт ҳәм маржан шығады.
23. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
24. Оның теңизде (желқомлары) таўлардай бәлент көтерилген кемелери де бар.
25. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
26. (Жер) бетиндеги ҳәмме жанзат өткинши.
27. Уллылық ҳәм икрамлылық ийеси болған Рәббиңниң «жүзи» ғана мәңги қалады.
28. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
29. Аспанлар ҳәм Жердеги (ҳәмме) жанзатлар (өзлерине керек нәрсени) Оннан сорайды. Ҳәр күни Ол (тынымсыз) ҳәрекетте[3].
30. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
31. Ҳәй инсанлар ҳәм жинлер! Жақында (қыяметте) сизлер(ди есап-санақ қылыў) ушын босаймыз.
32. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
33. Ҳәй жинлер ҳәм инсанлар жәмәәти! Егер сизлер (Аллаҳтың жазасынан қашып) аспанлар ҳәм Жердиң шегараларынан шығып кетиўге қәдир болсаңыз, шыға бериң! Күш-қүдиретсиз (олардан) шыға алмайсыз!
34. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
35. (Сол Күни) үстиңизге (араңыздағы кәпирлердиң үстине) оттан болған бир жалын ҳәм түтин жибериледи. Сонда, сизлер (оған қарсы) жәрдем таба алмайсыз.
36. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
37. Солай екен, қашан (қыямет болғанда) аспанлар жарылып, кейин (дозақтың ыссылығынан) майға уқсап қызарып қалады.
38. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
39. Әне сол күни инсанлар да, жинлер де гүналарынан соралмайды.
40. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
41. Жынаятшы (бойсынбаған)лар көринислеринен билинип турады. Кейин олардың маңлай шашлары ҳәм аяқларынан усланады (ҳәм жәҳәннемге тасланады).
42. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
43. Жынаятшылар (кәпирлер) жалғанға шығарып атырған жәҳәннем – усы.
44. Олар соның (жәҳәннем) менен жүдә қайнаған суў арасында айланады.
45. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
46. Рәббиси (алдында) турыўдан (соралыўдан) қорыққанлар ушын еки жәннет (бағы) бар.
47. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
48. Олардың (еки жәннеттиң тығыз) шақалары бар.
49. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
50. Ол екеўинде еки ағар булақ бар.
51. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
52. Ол екеўинде (жәннеттиң еки бағында) ҳәмме мийўелер жуптан бар.
53. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
54. (Жәннет әҳли) астарлары жипектен болған көрпешелерде жамбаслаған ҳалда (отырады). Ол еки бағдың мийўелери (үзиўшиге) жақын.
55. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
56. Оларда (жәннетлерде) көзлерин (бийгана еркеклерден) тыйыўшы (ҳүр қыз)лар бар, оларға алдын инсан да, жин де тиймеген.
57. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
58. Олар (денелери тынықлық ҳәм сыйпақлықта) яқыт ҳәм маржанға уқсайды.
59. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
60. Жақсылықтың сыйлығы – тек жақсылық.
61. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
62. Ол екеўинен басқа және еки бағ бар.
63. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
64. Екеўи – (мол суўлы ҳәм саялы болғаны ушын) жап-жасыл.
65. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
66. Ол екеўинде (суўы) атылып турыўшы еки булақ бар.
67. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
68. Ол екеўинде (усы еки бағда) мийўе, қурма ҳәм анарлар бар.
69. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
70. Оларда (жәннетлерде минези) жақсы ҳәм шырайлы (ҳүр қыз)лар бар.
71. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
72. (Олар –) шатырларда сақланыўшы ҳүрлер.
73. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
74. Оларға алдын инсан да, жин де тиймеген. (Олар анадан туўылмаған, арнаўлы ҳалда жаратылған).
75. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
76. (Жәннет әҳли) жасыл көпшиклер ҳәм гөззал гилемлерге жамбаслайды.
77. Енди (ҳәй инсанлар ҳәм жинлер!) Рәббиңиздиң қайсы неъматларын өтирик дейсиз?!
78. Уллылық ҳәм икрам ийеси болған Рәббиңиздиң исми берекетли.
[1] 55. АР-РОҲМАН СҮРЕСИ
«Ар-Роҳман» – Аллаҳтың гөззал исимлеринен бири. Сүреде Аллаҳ таала инсан ҳәм жинлерге бул дүнья ҳәм ақыретте инам еткен ҳәм етежақ неъматларынан базыларын еслетип, отыз бир рет: «Рәббиңиздиң қайсы неъматларын инкәр етесиз?!» – дейди.
[2] 20-аят. Адан қолтығы менен Қызыл теңиз тутасқан Бабул-мандаб буғазында ҳәм Атлантика океаны менен Ақ теңиз (Жер орта теңизи) тутасқан Жабалут-ториқ (Гибралтар) буғазында еки теңиз суўы бир-бирине араласпаған ҳалда ағады екен. Бул ҳаққында XIV әсир алдын зикир қылынғанын билгеннен кейин атақлы саяхатшы капитан Жак ив Кусто да Қураны кәриймниң илаҳий мөжиза екенин тән алған ҳәм Ислам динине кирген.
[3] 29-аят. Аллаҳ таала түн ҳәм күндиздиң ҳәр бир минут ҳәм сәниясында бир исти ислеп турған болады. Мәселен, биреўди кеширеди, биреўдиң қәжетин шығарады, кимниңдур дәрежесин көтереди яки пәсейтеди, ненидур жаратады, кимлердиңдур жанын алады ҳәм т.б.