Қураны кәрийм аўдармасы

Иншиқоқ

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Аспан жарылғанда,

2. (буның менен ол) Рәббисине (буйрығына) қулақ салғанда (ҳәм сол буйрыққа) ылайық табылғанда,

3. (сондай-ақ) жер созылғанда (жайылғанда)

4. өз ишиндеги нәрсени (өли денелерди) ылақтырып, босап қалғанда,

5. ҳәм ол Рәббисине (буйрығына) қулақ салғанда (ҳәм сол буйрыққа) ылайық табылғанда, (ҳәр бир инсан Аллаҳға есап береди).

6. Ҳәй инсан! Әлбетте, сен – тырысып ҳәрекет етип Рәббиңе (Оның сыйлығы ямаса жазасына қарай) барыўшысаң, кейин Оған – жолығыўшысаң.

7. Енди кимниң (әмел) китабы (қыямет күни) оң тәрепинен берилсе,

8. онда ол аңсат есап пенен есап-санақ қылынады

9. ҳәм (жәннетке түскен) өз шаңарағына қуўанып қайтады.

10. Бирақ, кимниң (әмел) китабы арқа тәрепинен берилсе,

11. онда ол (өзине) өлим тилейди

12. ҳәм дозақта күйеди.

13. Әлбетте, ол (дүнья өмиринде) өз шаңарағында қуўанышта еди,

14. әлбетте, ол өзин ҳеш қашан (Аллаҳ алдына) қайтпайман, деп ойлар еди.

15. Яқ! Рәббиси – әлбетте, оны көрип турыўшы.

16. Ант етемен (Қуяш батып атырған ўақыттағы) шапақ пенен,

17. түн ҳәм ол орап алған (бәрше) нәрсе ҳәм

18. толған ай менен,

19. әлбетте, сизлер басқышпа-басқыш (жасап) өтесиз!

20. Солай екен, неге олар ийман келтирмейди?!

21. Оларға Қуран оқылса, (Жаратқанға) сәжде қылмайды?![2]

22. Керисинше, кәпирлер (Қуранды ҳәм қайта тирилиўди) жалғанға шығарады.

23. Ал, Аллаҳ олар (ишинде) сақлап атырған нәрселерди биледи.

24. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Оларға аўыртыўшы азаптың «хош хабарын» бер!

25. Тек ийман келтирген ҳәм ийгиликли ис ислегенлерге ғана (ақыретте) таўсылмас сыйлықлар бар.



[1] 84. ИНШИҚОҚ СҮРЕСИ

Сүрениң аты өзинен алынған болып, «жарылыў» деген мәнини билдиреди. Себеби, сүреде қыяметте аспанлар жарылып, көп белгилер жүз бериўи баян етилген.

Бул сүре инсан турақлы түрде ҳәрекетте болып, я ийгиликли, яки жаўыз ислер менен бәнт болыўы, ақыретте усы ислери бойынша сораў-жуўап болыўы ҳәм азап-ақыбетлер менен бир қатарда солиҳ бенделер ушын уллы сыйлықлар таярлап қойылғаны ҳаққында.

[2] 21-аят. Сәжде аяты.