1. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Аллаҳға тасбиҳ айтады. Бийлик тек Оныки, мақтаў да Оған тән. Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.
2. Ол сизлерди жаратты. Енди сизлерден (айырымларыңыз) кәпир ҳәм сизлерден (айырымларыңыз) мөмин (болдыңыз). Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.
3. Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳақыйқат (ҳикмет) пенен жаратты ҳәм сизлерге көринис берди, кейин көринисиңизди шырайлы қылды[2]. Қайтыў тек Оның алдына.
4. Ол аспанлар ҳәм Жердеги (ҳәмме) нәрсени биледи. Сизлер сыр тутып атырған нәрселерди де, жәриялаған нәрселерди де биледи. Аллаҳ – кеўиллердеги нәрселерди де билиўши.
5. (Ҳәй Мәккә кәпирлери!) Сизлерге алдын кәпир болып, кейин (усы дүньяда-ақ) өз ислериниң азабын татқанлардың хабары келмеди ме? Және оларға (ақыретте) аўыртыўшы азап бар.
6. Буған себеп – оларға пайғамбарлары анық ҳүжжетлер менен келгенде, олар: «Бизлерди (өзлеримизге уқсаған) адам ҳидаятқа баслай ма?» – деп күпирге кетиўи ҳәм (ийманнан) жүз бурыўы. Аллаҳ (олардан) бийқәжет болды. Аллаҳ – Бийқәжет, Мақталған.
7. Кәпирлер ҳеш қашан қайта тирилмеймиз, деп ойлайды. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға): «Яқ! Рәббим менен ант, әлбетте, қайта тирилтилесиз, соң, әлбетте, қылған ислериңизден хабардар қылынасыз. Бул ис – Аллаҳ ушын аңсат», – деп айт.
8. Солай екен, сизлер Аллаҳға, Оның пайғамбарына ҳәм Биз түсирген Нурға (Қуранға) ийман келтириң! Аллаҳ – ислеп атырған (бәрше) ислериңизден хабардар.
9. (Аллаҳ) сизлерди топлайтуғын Күн – «жәмлеў күни»н (еслең)! Ол – (адамлар) өз ара алданып қалатуғын Күн. Ким Аллаҳға ийман келтирсе ҳәм жақсы ислер қылса, (Аллаҳ) оның жаманлық (гүна)ларын кеширеди ҳәм астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлерге киргизеди. Бул – (мөминлер ушын) үлкен утыс.
10. Күпир келтирип, Бизиң аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – дозақ ийелери болып, олар ол жерде мәңги қалады. Буншелли жаман баратуғын жер!
11. (Инсанға) Аллаҳтың руқсатысыз ҳеш бир мүсийбет жетпейди. Ким Аллаҳға ийман келтирсе, Ол оның қәлбин туўры жолға баслайды. Аллаҳ – ҳәмме нәрсени билиўши.
12. Аллаҳға итаат қылың ҳәм Пайғамбарға бойсының! Енди, егер (итааттан) бас тартсаңыз, онда (билип қойың) Биз (жиберген) пайғамбарымыздың мойнында тек (ўаҳийлеримизди сизлерге) анық жеткизиў ғана бар.
13. Аллаҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. Солай екен, мөминлер Аллаҳтың Өзине ғана тәўекел қылсын!
14. Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, ҳаялларыңыздан ҳәм балаларыңыздан сизлерге душпан (болатуғынлары) да бар. Солай екен, олардан сақ болың! Егер сизлер (оларды) әпиў етсеңиз, гүнасынан өтсеңиз ҳәм кеширсеңиз, онда, әлбетте, Аллаҳ – (сизлерге де) Кеширимли, Рейимли[3].
15. Әлбетте, мал-дүньяларыңыз ҳәм перзентлериңиз тек бир сынақ. Аллаҳтың алдында уллы саўап бар.
16. Солай екен, тақатыңыз жеткенше Аллаҳға тақўа қылың ҳәм (нәсиятларын) тыңлаң ҳәм бойсының ҳәм де напақа қылың, (усындай етсеңиз) өзлериңизге жақсы болады. Ким өз нәпсиниң сықмарлығынан сақлана алса, онда әне солар – утысқа ерисиўшилер.
17. Егер Аллаҳға «жақсы қарыз» берсеңиз (мүтәжлерге иҳсан етсеңиз), Ол сизлерге көбейтип береди ҳәм (гүналарыңызды) кеширеди. Аллаҳ – шүкирди қабыл етиўши, Ҳалийм.
18. (Ол –) жасырынды да, ашықтан-ашықты да билиўши, Қүдиретли, Ҳикметли.
[1] 64. ТАҒОБУН СҮРЕСИ
«Тағобун» – бир-бирин мәмиледе алдаў. Сүреде қыямет күни ҳәм қайта тирилиўдиң ҳақлығы, бул дүньяның бийопа ҳәм ўақытша екенлиги, шаңарақ ҳәм перзентлерге мүнәсибет, итааткар болыўға шақырыў ҳәм басқа илаҳий көрсетпелер өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 3-аят. «Тин» сүресиниң 4-аяты менен бирдей мазмундағы бул аяттың ҳақыйқатқа қаншелли туўры келиўине мысал етип айтқан, инсан барлық жанзат ҳәм ҳайўанат түрлеринен гөззал екенине, ол олардың ҳеш бирине уқсас көринисте жаратылмағанына өкинбейди, ҳәўес те етпейди. Туўры, шайырлар ашықларының жүзин айға, қәўметин сәрўи талға, шашын шынжырға уқсатып тәрийплейди. Бирақ, бул үстиртин ҳәм қыялый салыстырыў. Балағат пәнинде, поэзияда бундай салыстырыўлар болады. Олардан астыртын мәнилер мақсет етип алынады. Ал, ҳақыйқат өз әҳмийетин ҳеш қашан жоғалтпайды. Салыстырыўлар үстиртин мәниде пайдаланылады.
[3] 14-аят. Исламға кирген айрым мәккәлылар Пайғамбарымыз (а.с.) ҳижратынан кейин Мадинаға көшип кетпекши болғанында ҳаяллары ҳәм перзентлери қарсылық еткен. Кейинирек билсе, ҳижрат қылған мусылманлар диний билимлерден тәўирағын ийелеп алыпты. Сонда олар ашыўы келгенинен ҳаялларына ҳәм перзентлерине бақырғанда, усы аят нәзил болған (Лс.).