Қураны кәрийм аўдармасы

Залзала

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Қашан Жер өзиниң (ең қорқынышлы) силкиниўи менен қыймылдаса,

2. Жер (өз қойнындағы кәнлер ҳәм өлилерден ибарат) «жүк»лерди (сыртқа) шығарып таслағанда

3. ҳәм (қайта тирилиўди инкәр етиўши) инсан (қорқыўға түсип): «Оған не болды екен?!» – дегенде

4. – сол Күни ол (Жер) өз хабарларын айтады[2].

5. (Сөйлеўге) Рәббиң ўаҳий (менен руқсат) еткенин (айтады).

6. Сол Күни (қыямет қайым болғанда) адамлар, оларға ислеген ислери (әмел китабы) көрсетилиўи ушын топар-топар болып шығып келеди.

7. Солай екен, ким (дүньяда) зәрре муғдарындай жақсылық еткен болса, (қыямет күни) оны көреди.

8. Ким зәрре муғдарындай жаманлық еткен болса, оны да көреди.



[1] 99. ЗАЛЗАЛА СҮРЕСИ

«Залзала» – Жер силкиниўи.

Бул сүреде қыяметтиң қайым болыўында Жердиң ләрзеге келип силкиниўи ҳәм тилге кирип сөйлеўи, әмел китабы жазыўлары сүўретленген.

[2] 4-аят. «Жердиң хабарлары» оның үстинде жүрген бенделердиң қылмыслары болып есапланады. Олар ҳаққында Жердиң Аллаҳ алдында гүўалық бериўи ҳаққындағы бул аят бәршеге ескертиў есапланады.

Сүрениң даўамында ҳәр бир бенде дүньяда ислеген жақсы-жаман ислери жазылған әмел китабы қолына берилгеннен кейин, оны оқып көриўи айтылады. Бул аятлардағы илаҳий ҳикметлерге пикир жүритип ақырына жетиў жүдә қыйын. Айырым уллы алымлардың жазыўына қарағанда, ҳәр бир инсан ақыретте өз әмел китабын оқып көреди. Бирақ, басқа адам буны оқымайды, билмейди де. Кери жағдайда базы ислеринен қысыныўына туўры келеди. Аллаҳ таала сол жерде де бенделериниң қылмысларын ҳәммениң алдында әшкара етпей, өзиниң мийрим ҳәм кеширимин көрсететуғыны ҳаққында бул жерде хош хабар берилмекте («Анисул-жалис» китабынан).