Қураны кәрийм аўдармасы

Ғошия

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да саған (қорқынышы менен) қаплап алыўшының (қыяметтиң) қыссасы келди[2].

2. Ол Күни (айырым) жүзлер – қорқып турыўшы,

3. мийнет-машақат шегип турыўшы.

4. (Олар) қызып турған дозақта күйеди,

5. қайнап турған булақтан (суўынан) иштириледи.

6. Олар ушын аўқат жоқ, тек зәҳәрли шөп болып,

7. ол семиртпейди де, ашлықты да кетирмейди.

8. (Ал, басқа) бир жүзлер ол Күни (неъматлардан) қуўанышта,

9. (дүньяда қылған) өз ислеринен разы.

10. (Олар) жоқары жәннетте.

11. Ол жерде бийҳуўда сөз еситпейди.

12. Ол жерде ағар булақ бар.

13. Ол жерде бәлент сыпалар,

14. қойылған кеселер,

15. дизип қойылған көпшиклер

16. ҳәм төсеп қойылған гилемлер бар.

17. Олар қарамай ма: түйениң қалай жаратылғанына,

18. аспанның қалай көтерип қойылғанына,

19. таўлардың қалай тикленгенине

20. ҳәм Жердиң қалай тегислеп қойылғанына?

21. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад! Үмметиңди) еслет! Әлбетте, сен – (ҳәзирше) еслетиўшисең.

22. Олардың үстинен ҳүкимиңди жүргизиўши емессең.

23. Тек ким (бул еслетпеден) жүз бурып, кәпир болса,

24. онда (сен емес, ал) Аллаҳ оны (қыяметте) үлкен азап пенен азаплайды.

25. Әлбетте, олардың қайтыўы тек – Бизге!

26. Соң, әлбетте, оларды есап-санақ қылыў да – Бизге.



[1] 88. ҒОШИЯ СҮРЕСИ

«Ғошия» – орап алыўшы. Қыяметтиң сыпатларынан бири. Ҳақыйқатында да, ол ҳәмме жанзатты өз тәсир шеңберине алыўшы болғаны ушын оның атларынан бирине айланған.

Сүреде түйе, аспан, таў ҳәм жерлердиң илаҳий ҳикмет тийкарында әжайып көринисте жаратылғаны, оларға ибрат ҳәм мәрийпат нәзери менен қараў зәрүрлиги, сондай-ақ, Мәккә мушриклери тәрепинен қатты қарсылыққа ушыраған Пайғамбар (а.с.) Мадинаи мунаўўараға ҳижрат қылып келгеннен соң ислам дини даңқ-абырайға ийе болғанша өз үмметин нәсият ҳәм еслетпе усылында шақырыўдан ибарат екени зикир етиледи.

[2] 1-аят. Аяттың арабшасындағы «ҳәл» кәлиймасы бул жерде сораў ҳәриби емес, ал «қод» кәлиймасы мазмунында келген. Яғный «әлбетте» яки «ҳақыйқатында да» дегенге уқсаған мәнини аңлатады (Мд. Қз. Абс.).