1. (Бул –) Биз нәзил еткен ҳәм оны(ң ҳүкимлерин) парыз қылған сүре. Биз бунда ашық-айдын аятларды нәзил еттик. Қәнекей, еслетпе алсаңыз.
2. Зинакәр ҳаял ҳәм зинакәр еркек, екеўиниң ҳәр бирине жүз дүрре урың![2] Егер сизлер Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтиретуғын болсаңыз, сизлерди Аллаҳтың дини (ҳүкими)нде ол екеўине (зинакәрларға) мийирманшылық (туйғылары) усламасын! Ол екеўиниң азабына (жазаланыўына) бир топар мөминлер гүўа болсын!
3. Зинакәр еркек тек зинакәр яки мушрик ҳаялды некелеп алады. Зинакәр ҳаял тек зинакәр яки мушрик еркекке некеленеди. Бул (ис) мөминлерге ҳарам қылынған[3].
4. Пәкизе ҳаялларға (зинакәр деп дөҳмет тасын) атып, соң (айтқанына) төрт гүўа келтире алмағанларды сексен дүрре урың ҳәм олардың гүўалығын улыўма қабыл етпең! Әне солар – фасықлар.
5. Тек буннан кейин тәўбе қылып, өзин дүзеткенлер (фасық емес). Себеби, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
6. Өзлеринен басқа гүўасы болмаған ҳалда өзиниң ҳаялларына (бузық деп дөҳмет тасын) атқанлардың ҳәр бири өзиниң рас сөйлеп атырғаны ҳаққында төрт мәрте Аллаҳға ант қылыўы (талап етиледи).
7. Ал, бесиншиси (гүўалығы): егер өзи өтирикшилерден болса, өзине Аллаҳтың нәлети болыўын (айтыўы).
8. «Ол (күйеўим), әлбетте, өтирикши» – деп Аллаҳтың атына төрт мәрте гүўалық бериўи, оннан (ҳаялдан) жазаны кетиреди.
9. Ал, бесиншиси (гүўалығы): егер ол (күйеўи) рас сөйлеўшилерден болса, онда өзине Аллаҳтың ғәзеби болыўын (айтыўы).
10. Егер сизлерге Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы болмағанда ҳәм де Аллаҳ тәўбелерди қабыл етиўши ҳәм ҳикметли болмағанда (усындай жағдайларда шерменде болар едиңиз).
11. Әлбетте, (бул –) дөҳметти (жүзеге) келтирген өзиңизден болған бир топар. Оны (дөҳметти) өзиңизге жаманлық деп ойламаң. Ал, ол – сизлерге жақсылық. Олардың (дөҳметшилердиң) ҳәр бири ушын өзлери қылған ислериниң гүнасы (жазасы) бар. Олардан (гүнаның) үлкенин көтерген (Абдуллаҳ ибн Убай) ушын уллы азап (жәҳәннем) бар[4].
12. (Ҳәй мөминлер!) оны (бул дөҳметти) еситкен ўақтыңызда мөмин еркеклер ҳәм ҳаяллар өзлери (бир-бири) ҳаққында жақсы гүманға барып: «Бул анық дөҳмет ғой!» – деп айтса болмай ма?!
13. Олар (Айшаны жаман атлы қылмақшы болғанлар) төрт гүўа келтирсе болмас па еди?! Енди, егер олар гүўа келтире алмаса, әне солардың өзи – Аллаҳтың алдында өтирикши.
14. Егер дүньяда да, ақыретте де сизлерге Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы болмағанда, асырып-тасырып айтқаныңыз себепли сизлерди үлкен жаза тутқан болар еди.
15. Сол ўақытта сизлер тилиңиз бенен айтып, аўызыңыз бенен өзиңиз билмеген нәрселерди сөйлеп ҳәм бул ис Аллаҳтың алдында үлкен (гүна) болса да, оны жеңил санар едиңиз.
16. Оны еситкен ўақтыңызда: «Бизлерге бул (мыш-мыш) ҳаққында айтыў туўры болмайды. (Рәббим) Өзиң пәксең! Бул – үлкен дөҳмет!» – десеңиз болмай ма?!
17. Егер мөмин болсаңыз, буған уқсаған нәрсени улыўма қайталамаўды Аллаҳ сизлерге нәсият қылады.
18. Аллаҳ сизлерге (Өз) аятларын баян етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
19. Әлбетте, ийман келтиргенлердиң ишинде бузықшылық тарқалыўын жақсы көриўшилер ушын бул дүньяда да, ақыретте де аўыртыўшы азап бар. (Ҳәмме нәрсени) Аллаҳ биледи, сизлер билмейсиз.
20. Егер сизлерге Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы болмағанда ҳәм Аллаҳ меҳрибан, рейимли болмағанда (жазаны сол ўақытта берген болар еди).
21. Ҳәй ийман келтиргенлер! Шайтанның изинен ермең! Ким шайтанның изинен ерсе, онда, әлбетте, ол (шайтан) бузықлыққа ҳәм қайтарылған иске буйырады. Егер сизлерге Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы болмағанда, ҳеш ўақытта сизлерден бир де адам (дөҳметтен) пәк болмаған болар еди. Бирақ, Аллаҳ Өзи қәлегенин пәклейди. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.
22. Сизлерден кеңшилик ҳәм байлық ийелери ағайинлерине, мискинлерге ҳәм муҳажирлерге Аллаҳ жолында (напақа) бермеўге ант қылмасын, (ал оларды) әпиў етсин, кеширип жиберсин! Аллаҳ сизлерди кешириўин қәлемейсиз бе?![5] Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
23. Әлбетте, (бузық ислерден) пәк, бийхабар ҳәм мөмин ҳаялларға (дөҳмет тасын) атқанлар бул дүньяда да, ақыретте де нәлетленеди. Оларға үлкен азап бар.
24. (Ол) күни олардың тиллери, қоллары ҳәм аяқлары қылып жүрген ис (дөҳмет)лери ҳаққында гүўалық береди.
25. Сол күни Аллаҳ олардың ҳақыйқый жазасын (толық) береди ҳәм олар Аллаҳтың Өзи анық Ҳақ екенин биледи.
26. Напәк ҳаяллар напәк еркеклер ушын (ылайық). Напәк еркеклер напәк ҳаяллар ушын (ылайық). Пәк ҳаяллар пәк еркеклер ушын. Пәк еркеклер пәк ҳаяллар ушын. Әне усылар (пәкизе еркек ҳәм ҳаяллар) олардың айтып атырған нәрсеси (дөҳмети)нен пәк. Оларға кеширим ҳәм шырайлы ырысқы (жәннет неъматлары) бар.
27. Ҳәй ийман келтиргенлер! Өз үйиңизден басқа үйлерге руқсат сорамағаныңызша ҳәм ийесине сәлем бермегениңизше кирмең! Усындай етиўиңиз сизлер ушын жақсы, қәнекей (бул гәптен) еслетпе алсаңыз.
28. Енди, егер ол жер (үйлер)де ҳеш кимди таппасаңыз, онда руқсат берилмегенше, оларға кирмең! Егер сизлерге, «қайтың», делинсе, онда қайтың, бул сизлер ушын ең пәк (жол). Аллаҳ – не ис қылып атырғаныңызды билиўши.
29. (Ҳеш кимниң) мәканы болмаған (мийманхана, кәрўансарай киби) сизлер ушын пайдаланатуғын үйлерге (руқсатсыз) кириўиңизде гүна жоқ. Аллаҳ ашықтан-ашық қылып атырған нәрсеңизди де, жасырын қылып атырған нәрсеңизди де биледи.
30. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен мөминлерге айт: «Көзлерин (намәҳрәм ҳаялларға қараўдан) тоссын ҳәм әўретлерин (зинадан) сақласын! Бул олар ушын ең пәк (жол). Әлбетте, Аллаҳ сизлер қылып атырған өнерлерден хабардар»[6].
31. Сен мөмин ҳаялларға (да) айт: «Көзин (намәҳрәм еркеклерге қараўдан) сақласын, әўретин (зинадан) қорғасын! Сондай-ақ, (әдетте) көринип турғанынан басқа зийнетлерин көрсетпесин ҳәм орамалларын көкирегине түсирип алсын! Зийнетлерин күйеўлери, әкелери, қайнаталары, балалары, күйеўиниң балалары, аға-инилери, аға-инилериниң балалары, апа-сиңлилериниң балалары, (өзлери киби) ҳаяллар, қол астында мүлик болған (шоры)лар, (ҳаяллардан) бийқәжет (қартайған, хунаса ҳәм ақылы жоқ) еркек хызметшилер, ҳаяллардың әўретиниң парқына бармайтуғын жас балалардан басқаларға көрсетпесин! Жасырын зийнетлерин билдириў ушын аяқларын (жерге) урмасын! Ҳәммеңиз Аллаҳға тәўбе қылың, ҳәй мөминлер! Қәнекей, (сонда) утысқа ериссеңиз»[7].
32. Араңыздағы тул (еркек ҳәм ҳаял)ларды ҳәм қулларыңыздан жақсысын некелеп қойың![8] Егер олар жарлы болса, Аллаҳ оларды Өзиниң кеңшилиги менен бай қылады. Аллаҳ – Кең, Билиўши.
33. Неке (ушын пул) табалмағанлар, Аллаҳ оларды Өзиниң кеңшилигинен бай қылғанша, өзлерин (ҳарамнан, зинакәрлықтан) пәк тутсын! (Ҳәй мөминлер!) Қолыңызда мүлик болған (қул)лардан мукатаб[9] болыўды (келисим дүзиўди) қәлейтуғынлар болса, кейин оларда жақсылық бар екенлигин билсеңиз, оларды мукатаб қылың (олар менен келисим дүзиң) ҳәм Аллаҳ сизлерге берген мал-дүньядан оларға бериң! Дүнья өмириниң өткинши буйымын қәлеп, пәкликти қәлеген шорыларыңызды бузықлыққа (зина менен шуғылланыўға) мәжбүрлемең! Ким оларды мәжбүрлесе, онда, әлбетте, Аллаҳ – (ол шорыларды) мәжбүрленгеннен кейин кешириўши, (оларға) рейимли[10].
34. (Ҳәй мөминлер!) Ҳақыйқатында да, Биз сизлерге (усы) анық аятларды, сизлерден алдын өткенлердиң мысалын ҳәм тақўалылар ушын нәсиятты нәзил еттик.
35. Аллаҳ – аспанлар ҳәм Жердиң «нуры». Оның нурының мысалы тап текшениң ишиндеги шыра, ал шыра шийшениң ишинде, ал шийше тап дүрден жаралған жулдызға уқсайды. Ол (шыра) Шығыслы да, Батыслы да болмаған мүбәрек зайтун ағашы (майы)нан жағылады. Оның майы (тынықлығынан) өзине жалын тиймесе де, (әтирапты) жақтыртып жиберейин дейди. (Булардың ҳәммеси қосылғанда) нур үстине нур (болады). Аллаҳ қәлегенин Өзиниң (бул) нурына ҳидаят қылады. Аллаҳ адамларға (ибрат алыўы ушын усындай) мысалларды келтиреди. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши[11].
36. (Ол шыра) Аллаҳ олардың көтерилиўине (қурылыўына) ҳәм оларда Өзиниң атының зикир қылыныўына руқсат берген үй (мешит)лерде. Ол жер (мешитлер)де азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтатуғын
37. бир адамлар бар, оларды саўда да, алды-сатты да (ислери де) Аллаҳтың зикиринен, намазды кәмил оқыўдан ҳәм зәкат бериўден тоса алмайды. Олар кеўиллер ҳәм көзлер қалтырайтуғын Күннен (қыяметтен) қорқады.
38. Аллаҳ оларды қылған ислериниң ең гөззалы менен сыйлықлаўы ҳәм оларға Өзиниң кеңшилиги менен (саўапларын) зыяда қылыўы ушын (Аллаҳға ибадат қылады). Аллаҳ Өзи қәлегенине есапсыз ырысқы береди.
39. Күпир келтиргенлердиң қылған ислери саҳрадағы сағымға уқсайды. Шөллеген адам оны суў деп ойлайды, оның алдына келгенде ҳеш нәрсе таба алмайды. Аллаҳты оның (қылған ислериниң) алдында табады. Енди Ол оның есап-санағын толық қылады. Аллаҳ – есап-санақты тез қылыўшы.
40. Яки ол (кәпирлердиң қылған әмеллери) қабат-қабат толқын болып турған ҳәм оның үстинде (қара) булт қаплап алған теңиздеги қараңғылыққа уқсайды. (Олар) бир-бириниң үстиндеги қараңғылықлар. Ол қолын шығарса, көре алмайды[12]. Кимге Аллаҳ нур (ийман) бермесе, оған ҳеш қандай нур болмайды.
41. (Ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳға аспанлар ҳәм Жердеги бар жанзат ҳәм сап тартқан қуслардың тасбиҳ айтыўын көрмедиң бе?! Ҳақыйқатында да, ҳәр бири өзиниң дуўасын ҳәм тасбиҳин биледи[13]. Аллаҳ олардың не қылып атырғанын биледи.
42. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳға. Қайтыў да Аллаҳға.
43. Аллаҳ бултларды айдаўын, соң оларды бирлестириўин, соң үйип қойыўын көрмедиң бе?! Кейин, оның (булттың) арасынан жаўынның шығып атырғанын көресең. Ол аспаннан, ондағы таў (булт)лардан буршақ түсирип (жаўдырып), оның менен Өзи қәлегенине мүсийбет жеткизеди ҳәм оны Өзи қәлегенинен бурып жибереди. Оның шақмағының жарқыраўы көзлерди қамастырайын дейди[14].
44. Аллаҳ түн ҳәм күндизди алмастырып турады. Әлбетте, бунда көз ийелери (ақыллылар) ушын ибрат бар.
45. Аллаҳ ҳәмме ҳайўанларды суўдан жаратты[15]. Солай екен, олардан қарны менен жүретуғын (жер баўырлаўшы)лары да, еки аяғы менен жүретуғынлары да, төрт аяғы менен жүретуғыны да бар. Аллаҳ Өзи қәлеген нәрсесин жаратады. Әлбетте, Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир!
46. Ҳақыйқатында да, Биз (сизлерге ҳақыйқатты) баян етиўши аятларды түсирдик. Аллаҳ Өзи қәлегенин туўры жолға баслайды.
47. Олар (еки жүзлилер): «Аллаҳға ҳәм пайғамбарға ийман келтирдик ҳәм бойсындық», – дейди де, соң олардан бир топары терис қарап кетеди. Әне солар – мөмин емес.
48. Қашан арасында ҳүким шығарыў ушын олар Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына шақырылса, олардан бир топары бирден (пайғамбар алдына келиўден) жүзин бурады.
49. Егер ҳақыйқат оларда болса, оған (пайғамбарға) бойсынып келеди.
50. Олардың кеўлинде кеселлик бар ма?! Ямаса (Муҳаммадтың ҳақ пайғамбар екенине) шубҳаланып атыр ма?! Яки Аллаҳ ҳәм Оның пайғамбары оларға әдалатсыз ҳүким шығарыўынан қорқып атыр ма?! Яқ! Олардың өзи – (әдалатсыз) залым.
51. Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның пайғамбарына араларында ҳүким шығарыў ушын шақырғанда мөминлердиң сөзи: «Еситтик ҳәм итаат қылдық», (деп айтыў). Әне солар ғана утысқа ерисиўшилер.
52. Ким Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына бойсынса ҳәм де Аллаҳтан қорқып, Оған тақўа қылса, онда әне солар ғана утысқа ерисиўшилер.
53. (Еки жүзлилер) егер буйырсаң, әлбетте (жиҳадқа) шығыў ҳаққында Аллаҳтың аты менен тырысып ант ишеди. Сен: «Ант ишпең! (Бул жиҳад –) мәлим итаат! (Оның ушын ант ишиў шәрт емес). Әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған (бәрше) нәрсеңизден хабардар», – деп айт.
54. Сен: «Аллаҳға бойсының, Пайғамбарға бойсының! Енди, егер жүз бурсаңыз, онда (пайғамбар ушын) өзине жүклетилген нәрсе (Аллаҳтың буйрығын жеткизиў) ҳәм сизлердиң мойныңызда өзиңизге жүклетилген нәрсе (оған бойсыныў бар). Егер оған бойсынсаңыз, ҳидаят табасыз. Пайғамбардың мойнында (сизлерге ҳақ динди) анық жеткизиўден басқа нәрсе жоқ», – деп айт.
55. Аллаҳ сизлерден ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанларға олардан алдын (ийманлы) өткенлерди (Жер бетинде) орынбасар қылғанындай оларды да орынбасар қылыўын, олар ушын Өзи разы болған (ислам) динди беккемлеўди ҳәм оларға (Мәккәда көрген) қәўип-қәтеринен кейин (Мадинада) аманлықты алмастырып бериўин ўәде берди[16]. (Олар) Маған ғана сыйынады ҳәм Маған ҳеш нәрсени шерик қылмайды. Буннан (бул ўәдеден) кейин ким күпир келтирсе, онда, әне солар – фасықлар.
56. (Ҳәй мөминлер!) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз.
57. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен күпир келтиргенлерди Жер бетинде илажсыз қалдырыўшы деп ойлама! Олардың (баратуғын) орны дозақ. Бул баратуғын жер буншелли жаман!
58. Ҳәй ийман келтиргенлер! Қолыңызда мүлик болған (қул ҳәм шоры)лар ҳәм балағатқа жетпеген (перзент)лериңиз сизлерден үш ўақытта (алдыңызға кириўде) руқсат сорасын: таң намаздан алдын, түсте (ыссы болғанлықтан) кийимлериңизди шешкенде ҳәм қуптан намазынан кейин. (Усы) үш (ўақыт –) сизлер ушын әўрет (ашық болыў мүмкин болған ўақытлар). Олар соннан кейин (руқсат сорамай кириўинде) сизлерге де, оларға да гүна жоқ. (Себеби) олар сизлерге, бир-бириңизге келип-кетиўшисиз. Аллаҳ сизлерге аятларды усылайынша баян етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
59. Қашан сизлердиң жас балаларыңыз балағатқа жетсе, олар да, алдынғылар руқсат сорағанындай руқсат сорасын. Аллаҳ Өзиниң аятларын сизлерге усылай баян етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
60. Ҳаяллардан (қартайып) отырып қалған, некени (турмысқа шығыўды) үмит қылмайтуғынлары зийнетлерин көз-көз қылмаған ҳалда кийимлерин (жапқышларын) шешип қойыўда гүна жоқ. Өзлерин пәк (жапқышта) тутыўы өзине жақсы. Аллаҳ – Еситиўши, Билимли.
61. (Урысқа шықпаўда) соқыр ушын гүна жоқ, шолаққа да гүна жоқ, кеселге де гүна жоқ. (Ҳәй мөминлер!) Сизлерге өзиңиздиң үйлериңизден, яки әкелериңиздиң үйлеринен, яки аналарыңыздың үйлеринен, яки аға-инилериңиздиң үйлеринен, яки апа-сиңлилериңиздиң үйлеринен, яки әмекилериңиздиң үйлеринен, яки әкеңиздиң апа-сиңлилериниң үйлеринен, яки дайыларыңыздың үйлеринен, яки дайы апаларыңыздың үйлеринен, яки сизлер гилтине ийе болған (үйден) ямаса достыңыздың (үйинен руқсат сорамастан) аўқатланыўыңыз сизлерге (гүна) емес. Сизлерге жыйналып яки тарқалып аўқатланыўыңызда да гүна жоқ. Енди қашан үйлерге кирген ўақтыңызда өзиңизге Аллаҳтан болған пәк ҳәм мүбәрек сәлемди («әссәләму алайкум» деп) айтың! Аллаҳ сизлерге аятларын усылай баян етеди. Қәнекей, ақыл ислетсеңиз.
62. Әлбетте, мөминлер – тек Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарларына ийман келтиргенлер. Олар оның (пайғамбар) менен бирге жәмлеўши исте болса, оннан руқсат сорамастан турып кетпейди. Әлбетте, сеннен руқсат сорайтуғынлар, әне солар – Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына ийман келтиргенлер. Олар айырым ислери ушын сеннен руқсат сораса, онда олардан қәлегениңе, руқсат бер ҳәм олар ушын Аллаҳтан мағфират сора! Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[17].
63. (Ҳәй мөминлер!) Пайғамбарды шақырыўды араңыздағы бир-бириңизди шақырыў киби қылмаң. Ҳақыйқатында да, сизлерден жасырынып, (пайғамбар алдынан) суўырылып шығып кететуғынды Аллаҳ жақсы биледи. Оның (пайғамбардың) исине терис ис қылатуғынлар өзине бир апат жетиўинен яки аўыртыўшы азап жетиўинен сақлансын!
64. Билип қойың! Әлбетте, аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер Аллаҳтики! Ол сизлердиң қандай жағдайда (мөмин яки еки жүзли) екениңизди де, Өзиниң алдына қайтарылатуғын Күнди де (қыяметти де) жақсы биледи. Сонда, оларға қылған ислери ҳаққында хабар бериледи. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.
[1] 24. НУР СҮРЕСИ
Сүреде Аллаҳтың Жер менен аспанлар нуры екени ҳәм бул нур ҳаққында тәфсир берилгени ушын оған «Нур» сүреси деп атама берилген.
Социаллық турмыс иллетлеринен бири сыпатында зинакәрлық Ислам шәрияты бойынша үлкен гүна саналыўы, ол дәлилленген тәғдирде бул бузық иске қол урған еки тәрепке белгиленетуғын жазалар, сондай-ақ, биреўдиң абырайын төгиў мақсетинде уйымластырылған қәлпеки гүўалардың жазаланыўы, инсанның абырайын төгиўден сақланыў, некели турмыс қурыўдың әҳмийети ҳәм басқа мәселелер сүреде өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 2-аят. Жүз дүрре урыў жазасы үйленбеген еркек ҳәм турмысқа шықпаған ҳаял ушын. Сүрениң усы жериндеги үйленген еркек ҳәм турмыстағы ҳаялға берилетуғын жаза хүкимине тийисли аят тексти Қураннан Пайғамбарымыздың буйрығы менен алып тасланған. Демек, бул аяттың қирәәти бийкар етилген, ҳүкими мәңги есапланады. Ал, ҳүкими тасборан қылыў еди (Мд. Мх.).
[3] 3-аят. Аяттағы «Бул ис» тәфсири ҳәр қыйлы келген. Егер ол зинакәрлыққа ишара деп алынса, зинакәрлық мөминлерге ҳарам қылынған, бирақ зинакәр ҳаялға үйлениў мүмкин дегени болады. Егер, «Бул ис»ти алдынғы ибарадағы «некелеп алар» ибарасына ишара деп алынса, мөминлерге зинакәр ҳаялды некелеп алыў ҳарам қылынды, деген мәни келип шығады. Ҳасан Басрий (рҳ.)дан басқа көпшилик мужтаҳидлер зина қылған ҳаялды мөмин адам некелеп алыўы мүмкин, деген (Мд. Бғ.).
[4] 11-аят. Бул аяттағы дөҳмет қыссасы былай болған. Пайғамбарымыз Муҳаммад (а.с.) саўаштан Мадинаға қайтып киятырғанда, бир жерде дем алады. Сол ўақытта Айша анамыз ҳәжет ушын бир шетирек жерге кетеди. Қайтып келгенше кәрўан кетип қалады. Тек Сафўан исимли бир саҳаба изде қалған нәрселерди жыйнап киятырып, Айша анамызды көрип қалады ҳәм түйесине миндирип, кәрўанға жетип барады. Буны көрген айырым еки жүзлилер түрли мыш-мышларды тарқатып, Айшаның (рз.) абырайын төкпекши болады. Бул қурғақ дөҳметтен ҳәттеки, Пайғамбар (а.с.) да шубҳаланып, бир ай даўамында ҳаялынан аразлап жүреди. Бирақ, жалғанның өмири қысқалық етип, Айша анамыздың пәк екени ҳаққында аятлар нәзил болады.
[5] 22-аят. Бул аят Әбиў Бәкир (рз.) ҳаққында нәзил болған. Айша анамыз ҳаққында дөҳмет қылғанларға қосылып кеткенлердиң бири Әбиў Бәкирдиң (рз.) ағайини Мусаттаҳ еди. Ол Бадр саўашында қатнасқан болып, өзи жарлы жасайтуғын еди. Әбиў Бәкир (рз.) оның бул исинен кейин зинҳар материаллық жәрдем бермеўге ант ишеди. Пайғамбар (а.с.) аятты оған оқып бергеннен кейин ондағы сораўға: «Яқ, Аллаҳтың мағфират қылыўын тилеймен», – деп және ағайнине жәрдем бериўди даўам еттирген екен (Мд. Хз.).
Аллаҳ таала төрт уллы инсанды төрт себеп пенен дөҳметтен қутқарған: Юсуф (а.с.) Зулайханың дөҳметинен нәресте баланың гүўалығы менен, Муўсадан (а.с.) жынысый нуқсаны бар деп гүманда болғанда жағада кийимлерин орап домалап кеткен тас пенен, Мәрьям (а.с.) зинадан туўды, дегенде бесиктеги нәрестениң гүўалығы менен, Айшаны (рз.) аяты кәриймалар менен дөҳметтен қутқарды (Мд.).
[6] 30-аят. Расулдың (а.с.) ҳаялларының алдына гейде бир хунаса адам қайыр-садақа сорап келип турады ҳәм олар оннан қашпайды екен. Бир күни ол кирип, оларға бир семиз ҳаялды тәрийплеп-сыпатлап турғанда Расул (а.с.) келип қалады ҳәм оның гәпин еситип: «Ол бул жердегилерди түсинетуғын көринеди, оның кириўине басқа руқсат бермең! Тек ҳәптесине бир рет жума күни келип, садақа алып кетиўи мүмкин», – деген екен (Мс. Хз.).
[7] 31-аят. Көринип туратуғын зийнетлерге ҳанафий мәзҳабында ҳаялдың жүзи, еки алақаны ҳәм еки аяқларының тобығынан төменги бөлими киреди. Бул орынларды жаўып жүриўде ҳаяллар ушын қыйыншылық бар. Ал, қыйыншылық шәриятта үзирлерден есапланады. Мәликий мәзҳабында да сондай. Шафиий ҳәм ҳанбалий мәзҳабларында ҳаял адамның жүзи, еки алақаны ҳәм еки аяғының тобығынан төменги бөлими де әўрет есапланады (Мх.).
Көрсетилиўи қадаған етилген «зеб-зийнетлер» дегенде – сырға, билезик, моншақ сыяқлы тағыншақлардың өзи емес, ал олар тағылатуғын орынлар нәзерде тутылған. Яғный, қулақ, мойын, көкирек, билек ҳәм аяқлар (Мд.).
[8] 32-аят. Бул жердеги буйрық қатаң емес, ал мандуб, яғный қылса саўап, қылмаса гүнакар болмайды яки орынлаў – саўап, тәрк етиў мубаҳ есапланады. Ҳанафий мәзҳабы бойынша, үйлениў үйленбей өмирин ибадатта өткизиўден абзал ҳәм сүннет. Шафиий мәзҳабы бойынша үйленбей, өмирин ибадатқа бағышлаған абзал (Мд. Хз.).
[9] 33-аят. Мукатаб – хожасына белгили муғдарда пул таўып, оған бериў есесине азат болыўы келисилген қул. Буның менен ол белгили дәрежеде азат болып, басқа жерлерге де кетип, ислеп келиў ҳуқықына ийе болады (Мх.).
[10] * Шорылар ҳуқықына тийисли бул аят та ҳәзир жоқ болып кеткен қулшылық дәўирине тийисли аятлардан.
[11] 35-аят. Аллаҳтың нуры – Оның ҳидаяты. Бирақ, бул аяттағы «нур» сөзиниң кеңирек мәнилеринен хабардар болыўды қәлеген адам тәфсир китапларына ҳәм Әбиў Ҳамид Ғаззалийдиң «Мишкатул-анўар» китабына мүрәжат қылыўы мүмкин.
[12] 40-аят. Аллаҳ таала кәпирлердиң қылған ислерин бир сағымға уқсатса, бир қараңғылыққа уқсатады. Аятта Аллаҳ таала үш қараңғылыққа – теңиз қараңғылығы, толқынлар қараңғылығы ҳәм булт қараңғылығын зикир еткен. Кәпирде де үш қараңғылық бар – исеним қараңғылығы, күпир сөзлер қараңғылығы ҳәм әмел қараңғылығы (Хз.).
Демек, ширк ҳәм күпир әҳлиниң дуўасы қабыл болмағанындай, олар иймансыз ҳалда қылған әмеллери ушын да Аллаҳтың саўапларына ийе болмайды екен.
[13] 41-аят. Жер менен аспанлардағы жанзатларға Аллаҳ таала айтатуғын тасбиҳи, оқыйтуғын дуўасы ҳәм де көп илим ҳәм қубылысларды үйретип қойған, олардан ҳәтте, саналы есапланған инсанлар да бийхабар (Мд.).
[14] 43-аят. Аспанға көтерилген пуў ыссы ҳаўаға ушырап ерип кетпей космостың суўық қатламына жетип барса, ҳаўа менен араласып, булт пайда болады. Суўық ҳаўа сақланып турмаса, ол жаўын болып жерге жаўады. Егер суўық ҳаўа күшейип, майда пуўланыў басқышына жетип барса, ол қарға айланып жерге жаўады. Егер жетип бармаса, буршаққа айланады.
Буның ҳәммеси Ўажибул-ўужуд болған Аллаҳтың ерки менен болады (Қз.).
Сондай суўық бултлардың ишинде шақмақтың пайда болып, оған қараған адамның көзлерин қамастырыўы илаҳий қүдирет ҳәм ҳикметтен басқа нәрсе емес.
[15] 45-аят. Аяттағы «суў» ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Мәселен, ол бәрше жаратылыс пайда болмастан алдын бар болған суў; оннан үш элемент – от, самал, топырақты жаратқан, соң оттан жинлерди, самал ҳәм нурдан периштелерди, ылайдан инсан ҳәм жәниўарларды жаратқан; бул аяттағы «суў» мәний суўы деп те айтылған (Мд. Хз. Бғ.).
[16] 55-аят. Аллаҳ таала бул аяттағы ўәделерин тез жүзеге шығарды. Мадина дәўири, хулафаи рошидийн дәўири ислам дини раўажланған ҳәм ол көп еллерге тарқалып күпир орнын қәтержамлық ийелеген дәўир болды. Ҳатам Тайдың улы Адий (рз.) айтады: «Расул (а.с.) алдында отыр едим. Бир адам кирип келип, жарлылығынан, басқасы келип, қарақшылардан шикаят қылды. Сонда маған қарап, ҳәй Адий! Ҳийра деген жерди көргенбисең, деп сорады. Мен көрмегенмен, бирақ еситкенмен, дедим. Соннан кейин айтты, егер тири болсаң көресең – сол Ҳийра (Ирактағы бир қала)дан ҳаял адам гебежеде (жоллардың тынышлығы себепли) мәҳрәмсиз жолға жалғыз шығып, Аллаҳтан басқа ҳеш кимнен қорықпай Каабаны таўап етип кете береди. Өмириң бақый болса, Ҳурмуз улы Хысраўдың (Кисраның) ғәзийнелери фатҳ қылыныўын да көресең. Жасасаң, қолы толы алтын көтерип жүрип, оны тегинге алатуғын адам таба алмай жүретуғынларды да көресең, деди» (Бх.).
Адийдиң (рз.) сөзи бойынша, ол Ҳийра қаласынан гебежеде жалғыз өзи келип, Каабаны зыярат қылған ҳаялды көрген ҳәм Кисра ғәзийнелерин ийелеўде өзи де қатнасқан (Хз.).
Бул ҳәдиске тийкарланып, «Субулус-салам» ҳәм «Фиқҳус-сунна» китапларында ҳаял адам ҳажға егер жол тыныш болса яки исенимли шериги болса, күйеўисиз, мәҳрәмсиз барыўы мүмкин, деп пәтўа берилгени айтылған.
Умар (рз.) өзиниң ақырғы ҳаж сапарында Расулдың (а.с.) ҳаялларына шерик қылып Усман ибн Аффан менен Абдураҳман ибн Аўф (рз.)ларды Мадинадан Мәккәға ҳажға жибергени ҳаққында рәўият бар.
Имам Қуртубий (рҳ.) тәфсири бойынша, ҳаяллар шәрият көрсетпесине муўапық кийиниў менен бирге тақўа липасы менен де кийинген болыўы керек. Мәселен, «Аъроф» сүресиниң 26-аятында Аллаҳ таала «Тақўа кийими ҳәмме кийимнен жақсы», – деген.
Айшаның (рз.) алдына бир топар ҳаяллар келип: «Ҳаяллардың бояныўы, алтын сырға, билезик сыяқлы тағыншақларды тағыўы ҳәм сулыў кийимлерди кийип жүриўи ҳаққында не дейсиз?» – деп сорағанда былай деген: «Ҳәй ҳаяллар! Ҳәммеңиздиң машқалаңыз бирдей. Аллаҳ таала сизлерге барлық зийнетти ҳадал қылды. Тек ашылып-шашылып көринбесеңиз болды» (Қр. ИК).
[17] 62-аят. Бул аятта Пайғамбар (а.с.) менен мусылманлар қандай да бир ис яки илажда бирге болса ҳәм кимдур жумысы яки ҳәжети менен кетпекши болса, әлбетте, руқсат сорап кетиўи усыныс етилмекте. Бул ҳүким урысқа таярлықта да, жәмәәт намазы даўамында да енгизилген. Олардың кеширим сораўға буйырылыўына қарағанда бундай жерлерден руқсат сорап кеткен жағдайда да гүнакар болып қалыў мүмкин екенлиги шығады. Бул тәртип барлық мусылманларға да тийисли (Мд. Хз.).