Қураны кәрийм аўдармасы

Муддассир

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ҳәй (кийимлерге) бүркенип алған (Муҳаммад!)

2. Тур (орныңнан) ҳәм (адамларды ақыреттен) ескерт,

3. Рәббиңди уллыла,

4. Кийимиңди пәкле,

5. Бутлардан узақ бол,

6. (Берип атырған нәрсеңди) көп санаған ҳалыңызда, миннет етпе,

7. Рәббиң ушын сабыр ет!

8. Енди қашан (қыямет болды деп) суўр үпленсе,

9. онда сол Күн – қыйын Күн.

10. Кәпирлерге аңсат болмаған (Күн).

11. (Ҳәй Муҳаммад!) Мен жалғыз етип жаратқан адамды (Ўалийдти) Маған қойып бер.

12. Мен оған жүдә үлкен мал-дүнья берип қойдым.

13. (Хызметине) таяр перзентлерди де (бердим).

14. Және оған (тиришилик неъматларын да) таярлап қойдым.

15. Соң, ол (барына қанаат етпей) және зыяда қылыўымды дәме етеди.

16. Яқ! Әлбетте, ол бизиң аятларымызға (ийман келтириў орнына) қарсылық көрсетиўши еди.

17. Жақында Мен оны (дозақтағы) бәлент төбеликке дуўшар етемен.

18. Әлбетте, ол (Қуран ҳаққында жаман) пикир жүритти ҳәм (не деп айтыўды) ойлап қойды.

19. Өлим келсин, қалай есапқа алды?!

20. Соң (және) өлим келсин, қалай есапқа алды?!

21. Соң ол (ойлаған режелерине) қарады.

22. Соң (Қураннан айып таба алмағанлықтан) жүзин тырыстырды ҳәм қабағын үйди.

23. Соң (Ҳақтан) жүз бурды ҳәм тәкаббырлық етти.

24. Кейин айтты: «Бул (Қуран) – сыйқырдың өзи.

25. Бул тек адамның сөзи», – деди.

26. Жақында Мен оны Сақарда (дозақта) күйдиремен.

27. (Ҳәй Муҳаммад!) Сақардың не екенин қаяқтан билер едиң?!

28. Ол (бир де кәпирди) қалдырмайды, (өз ҳалына да) қоймайды (ал күйдирип, азап береди).

29. Ол – терилерди қарайтып күйдириўши.

30. Оның үстинде он тоғыз[2] (қорықшы периште) бар.

31. Дозақ ийелерин (қорықшыларын) периштелерден етип ҳәм Биз олардың санын да (он тоғыз етиўимиз) тек кәпирлерди сынаў ушын. Китап берилгенлер анық билиўи[3] ҳәм ийманлылардың ийманы зыяда болыўы ушын. Китап берилгенлер ҳәм мөминлер шубҳа қылмаўы ушын ҳәм кеўиллеринде кесели бар (адам)лар (еки жүзлилер) ҳәм де кәпирлер: «Бул мысал менен Аллаҳ не демекши?», – деп айтыўы ушын. Аллаҳ Өзи қәлегенин усылай адастырады ҳәм қәлегенин ҳидаятқа салады. Рәббиңниң әскерлерин (периштелердиң санын ҳәм сыпатларын) Оның Өзи ғана биледи. Ол (дозақ ҳаққындағы хабар) инсанлар ушын тек ғана бир еслетпе.

32. Яқ! Ай менен ант етемен,

33. өтип кеткен түн менен де,

34. атып киятырған таң менен де,

35. әлбетте, ол (дозақ) – (ақыреттеги) үлкен (бәле)лерден бири,

36. инсанлар ушын ескертиўши

37. сизлерден алдыда болыўды ямаса артта қалыўды қәлегенлер ушын (таярлап қойылған)[4].

38. Ҳәр бир жан өзи (дүньяда) ислеген (жақсы ҳәм жаман) әмели менен гиреўли.

39. Тек оң тәреп ийелери ғана

40. жәннетлерде бир-бири менен сораў-жуўап қылады

41. жынаятшылар (кәпирлер) ҳаққында

42. (Олар дозақтағыларға:) «Сизлерди Сақарға не киргизди?» (дегенинде),

43. олар айтады: «Бизлер (дүньяда жасағанымызда) намаз оқыйтуғынлардан болмадық,

44. мискинге (Аллаҳ бизлерге берген байлықтан) аўқат бериўшилерден болмадық,

45. бизлер (бийҳуўда сөзлерге) берилип кеткенлер менен бирге (гәпке) берилип кетер

46. ҳәм жаза (қыямет) күнин жалғанға шығарар едик

47. қашан бизлерге анық нәрсе (өлим) келгенше».

48. Енди оларға шәпәәтшилердиң шәпәәти пайда бермейди.

49. Неге олар (илаҳий ўаҳий ҳәм) еслетпеден жүз бурыўшы болды?!

50. қорыққан ешеклердей

51. арысланнан қашқан.

52. Яқ! олардың ҳәр бири өзине ашық саҳифалар берилиўин қәлейди.

53. Яқ! Бәлким, олар ақыреттен қорықпайтуғын шығар.

54. Яқ! Әлбетте, Ол (Қуран) – бир еслетпе.

55. Солай екен, қәлеген адам оннан еслетпе алады.

56. Олар тек Аллаҳ қәлесе ғана (Қураннан) еслетпе алады. Ол – тақўа ҳәм мағфират әҳли.



[1] 74. МУДДАССИР СҮРЕСИ

«Муддассир»диң мәниси де алдынғы сүредеги «муззаммил»диң мәниси менен бирдей.

Сүреде Ислам динине шақырыўда Пайғамбарға (а.с.) жүкленген миннет ҳәм ўазыйпалар, қыяметте болатуғын ислер, жәннет, дозақ, есап-санақ, жәннет әҳли менен дозақ әҳли арасындағы сораў-жуўаплар ҳәм басқа илаҳий үгит-нәсиятлар бар.

[2] 30-аят. 19 саны, сондай-ақ, басқа аятларда да ушырасатуғын түрли санлар тийкарында кейинги ўақытта ҳәр қыйлы илаҳий мөжизаларды ашыўға урыныўлар жүз бермекте. Биз аятлар негизинде бизге намәлим жасырын басқа мәнилер де бар екенлигин толық тастыйықлаған ҳалда әўелги тәфсирлерге сүйенип, санлардағы илаҳий сырларды тәфсир қылыўды мақул көрмедик.

[3] 31-аят. Таўрат ҳәм Инжилде де қорықшы периштелер саны 19 деп жазылғаны еслетилмекте.

[4] 37-аят. алдыда болыў, яғный ийгиликке қарай; артта қалыў, яғный күпир ҳәм жаўызлыққа қарай.