Қураны кәрийм аўдармасы

Тәўбә

1. (Бул) – Аллаҳтан ҳәм Оның Пайғамбарынан сизлер келисим дүзген мушриклерге ара ашықлық[1].

2. Солай екен, (ҳәй мушриклер урыс қадаған етилген) төрт айда Жер бетинде (тыныш) жүриң ҳәм билип қойың, сизлер Аллаҳты илажсыз қалдырыўшы емессиз, әлбетте, Аллаҳ – кәпирлерди хор қылыўшы.

3. (Бул) – Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбарынан «Ҳажжул акбар» (Қурбан ҳайыты) күни адамларға Аллаҳтың ҳәм Оның Пайғамбарының мушриклерден пәк екенлигиниң жәрияланыўы. Солай екен, егер тәўбе қылсаңыз, бул өзиңиз ушын жақсы, егер бас тартсаңыз, онда билип қойың, сизлер Аллаҳты илажсыз қалдырыўшы емессиз. (Ҳәй Муҳаммад!) Күпир келтиргенлерге аўыртыўшы азаптың «хош хабар»ын бер!

4. Тек мушриклерден сизлер келисим дүзген, кейин сизлерге ҳеш нәрсени кемис қылмаған (опасызлық қылмаған) ҳәм сизлерге қарсы биреўге жәрдем бермегенлердиң келисимин (белгиленген) мүддетлерине шекем толық қылың! Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди.

5. Енди (урыс) ҳарам айлары тамам болғанда, мушриклерди тапқан жериңизде өлтириң, услап алың, қамал қылың ҳәм ҳәр қандай жасырын орынларда оларды гүзетиң! Егер тәўбе қылып, намазын кәмил оқыса ҳәм зәкатын берсе, олардың жолын ашып қойың. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

6. Егер мушриклерден бири сеннен пана сораса, оны қорғаўыңа ал, ол Аллаҳтың кәламын еситсин. Соң, оны қәўипсиз жерге жеткизип қой! Бул – олардың билмейтуғын қәўим болғаны ушын.

7. Аллаҳтың нәзеринде ҳәм Пайғамбардың нәзеринде қалайынша мушриклерде (опалы) келисим болсын?! Тек сизлер (менен) Масжидул Ҳарам (Кааба)ның алдында келисим дүзгенлер, сизлер ушын туўры турса, (сизлер де) олар ушын туўры турың! Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди.

8. Қалайынша (оларда келисим болсын)?! Олар егер сизлерден үстин келсе, (сизлер ушын) келисимге де, шәртке де опа қылмайды. Сизлерди аўызлары менен разы қылады, ал кеўиллери оны инкәр етеди. Олардың көпшилиги фасықлар.

9. Аллаҳтың аятларын азғантай пулға сатады, кейин Оның жолынан (адамларды) тосады. Олардың қылған ислери буншелли жаман!

10. Олар мөмин (адам) ҳаққында келисимге де, шәртке де опа қылмайды. Әне солар – ҳәддинен асыўшылар.

11. Егер тәўбе қылса, намазды кәмил оқып, зәкат берсе, онда олар – сизлердиң диндеги туўысқанларыңыз[2]. Билетуғын қәўим ушын аятларды толық баян етемиз.

12. Егер келисим бергеннен кейин келисимин бузса ҳәм диниңизди мазақласа, онда күпирдиң баслықларына қарсы урысың! Себеби, оларда (муқаддес) антлар жоқ. Қәнекей, олар (сонда қылмысларынан) тоқтаса.

13. (Ҳәй мөминлер!) Антларын бузған, Пайғамбарды (Мәккәдан) шығарыўды өз алдына мақсет қылған ҳәм сизлерге қарсы (урысты) биринши болып баслаған қәўим менен урыспайсыз ба?! Олардан қорқасыз ба?! Егер мөмин болсаңыз, қорқыўыңызға Аллаҳ ҳақылырақ!

14. Олар (Мәккә мушриклери) менен урысың! Аллаҳ оларды сизлердиң қолларыңыз бенен азаплайды ҳәм (тутқынға алып) хорлайды. Оларға қарсы сизлерге (Аллаҳ) жәрдем береди ҳәм мөминлер қәўими кеўиллерине шыпа береди,

15. кеўиллериндеги ғәзепти кетиреди. Аллаҳ (Өзи) қәлегениниң тәўбесин қабыл етеди[3]. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.

16. Ямаса сизлерден (ҳақ жолында) гүрескенлерди, Аллаҳтан, Оның Пайғамбарынан ҳәм мөминлерден басқаны дос (сырлас) тутпағанларды Аллаҳ билмей (сынамай), өз ҳалымызға таслап қойыламыз, – деп ойлайсыз ба? Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.

17. Мушриклер өзлериниң күпирине гүўа бола турып, Аллаҳтың мешитлерин абат[4] қылыўы мүмкин емес. Әне солар – әмеллери ҳабата (бийҳуўда) кетип, дозақта мәңги қалыўшылар.

18. Әлбетте, Аллаҳтың мешитлерин тек Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтиретуғын, намазды кәмил оқыйтуғын, зәкат беретуғын, Аллаҳтан қорқатуғынлар ғана абат қылады. Әне солар ҳидаят табыўшылардан болыўы мүмкин.

19. Ҳажыларға суў бериў ҳәм Масжидул Ҳарамды абат қылыў (ўазыйпаларын атқарып атырғанлар)ды Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген ҳәм Аллаҳтың жолында гүрескенлер менен тең қылдыңыз ба?! Олар Аллаҳтың алдында тең емес. Аллаҳ залым қәўимлерди ҳидаят қылмайды[5].

20. Ийман келтирген, ҳижрат қылған, Аллаҳтың жолында (итаатында) мал-дүньялары ҳәм жанлары менен гүрескенлердиң дәрежелери Аллаҳтың алдында үлкен. Әне солар – утысқа ерисиўшилер.

21. Рәббиси оларға Өзинен болған мийрим, разылық ҳәм ишинде оларға аталған, удайына болатуғын неъматлар бар болған жәннеттиң хош хабарын береди.

22. (Олар) ол жерде мәңги қалады. Әлбетте, Аллаҳтың алдында үлкен сыйлық(лар) бар.

23. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер ата-аналарыңыз, аға-инилериңиз күпирди жақсы көрсе, онда оларды да дос тутпаң! Сизлерден ким оларды дос тутса, онда әне солар – өзлерине зулым қылыўшылар.

24. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Егер ата-аналарыңыз, балаларыңыз, аға-инилериңиз, ҳаялларыңыз, ағайинлериңиз, мийнет пенен тапқан мал-дүньяңыз, сатылмай қалып кетиўинен қорыққан саўдаңыз, жақтырған мәканыңыз сизлерге Аллаҳтан, Оның Пайғамбарынан ҳәм Оның жолында (итаатында) тырысыўыңыздан жақсырақ болса, онда Аллаҳ Өзиниң буйрығын (азабын) әкелгенинше күтип турың. Аллаҳ фасық қәўимди ҳидаят қылмайды», – деп айт[6].

25. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ сизлерге көп жерлерде ҳәм Ҳунайн[7] күни жәрдем берди. (Сол ўақытта, сан жағынан) көп екенлигиңиз сизлерди мардыйтып жиберди. Бирақ, (бул) сизлерге ҳеш нәрседе пайда бермеди ҳәм кең жер сизлерге тар болып қалды. Соң, артыңызға қаштыңыз.

26. Соң, Аллаҳ Өзиниң Пайғамбарын ҳәм мөминлерди (олардың кеўиллерин) тынышландырды ҳәм сизлер алдын көрмеген ләшкер (периште)лерди түсирди. Бул – кәпирлердиң жазасы.

27. Соң, буннан (саўаштан) кейин Аллаҳ Өзи қәлегениниң тәўбесин қабыл етеди. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

28. Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, мушриклер – напәк[8]. Олар быйылдан кейин Масжидул Ҳарам (Кааба)ға жақынласпасын. Егер жарлылықтан қорықсаңыз, Аллаҳ, Өзи қәлесе, сизлерди тез арада кеңшилиги менен байытып қояды. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли[9].

29. Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирмейтуғын, Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары ҳарам қылған нәрселерди ҳарам деп билмейтуғын ҳәм ҳақ динди (Исламды) дин қылып алмайтуғын китап ийелеринен ибарат кимселерге қарсы – қашан олар бойсынып, өз қоллары менен «жизя»ны (оларды қорғаў ушын алынатуғын салықты) бергенше урысың.

30. Яҳудийлер: «Узайр – Аллаҳтың баласы», – деди. Насранийлер: «(Ийса) Масийҳ – Аллаҳтың баласы», – деди. Бул аўызлары менен айтқан (бийкар) гәплери, алдын күпир келтиргенлердиң гәплерине уқсайды. Аллаҳ өлтирсин оларды! (Олар) қаяққа аўып баратыр?!

31. (Олар) Аллаҳты қойып өзлериниң руўханыйларын, раҳиблерин ҳәм (Ийса) Масийҳ ибн Мәрьямды қудай етип алды. Олар тек бир қудайға ғана ибадат қылыўға буйырылған еди. Оннан басқа илаҳ жоқ. (Кәпирлердиң) ширк қылып атырған нәрселеринен Ол пәк.

32. (Олар) Аллаҳтың нурын (динин) аўызлары (инкәр етиўи ҳәм ширклери) менен өширежақ (жоқ қылажақ) болады. Ал, Аллаҳ кәпирлер жақтырмаса да, Өзиниң нурын камалға жеткизбестен қоймайды.

33. Мушриклер жақтырмаса да, Ол Өзиниң Пайғамбарын ҳидаят ҳәм ҳақ дин менен оны ҳәмме диннен үстин қылыў ушын жиберди.

34. Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, (Китап ийелери ишиндеги) руўханыйлар ҳәм раҳиблердиң көбиси адамлардың мал-дүньяларын бузық жол менен жейди ҳәм (адамларды) Аллаҳтың жолын тосады[10]. Алтын ҳәм гүмисти топлап, оны Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға аўыртыўшы азаптың «хош хабарын» бер[11]!

35. (Сол алтын-гүмислер) жәҳәннем отында қыздырылып, маңлайлары, жамбаслары ҳәм арқалары күйдирилген күни: «Бул өзлериңиз ушын топлаған нәрселериңиз, енди топлаған нәрселериңизди (ғәзийнелериңиздиң мазасын) татың!» (– делинеди).

36. Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны – аспанлар ҳәм Жерди жаратқан күни Аллаҳтың жазғанына муўапық – он еки ай. Олардан төртеўи (урыс) ҳарам қылынған (айлар)[12]. Бул – туўры дин. Оларда (сол айларда) өзлериңизге (урыс қылып) зулым қылмаң! Мушриклер (усы төрт айдың ишинде) сизлерге қарсы ҳәммеси урысқанындай, сизлер де оларға қарсы ҳәммеңиз урысың! Билип қойың, әлбетте, Аллаҳ тақўалылар менен бирге![13]

37. Әлбетте, (урыс ҳарам қылынған айларды) кешиктириў – күпирдеги зыядалық. Оның менен Аллаҳ (урысты) ҳарам қылған (айлардың) санын (өзлериниң пикирлерине) сай қылыў ушын оны бир жыл ҳадал, бир жыл ҳарам қылатуғын күпир келтиргенлер адастырылады. Демек, буның менен олар Аллаҳ ҳарам қылған нәрсени ҳадал қылады. Оларға бул жаман ислери зийнетли (туйылатуғын) қылып қойылды. Аллаҳ кәпирлердиң қәўимин ҳидаят қылмайды.

38. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге не болды, Аллаҳтың жолында (жаўға қарсы) қозғалың, делинсе, жерге жабысып аласыз (шықпай отырасыз)?! Ақыретти (кешип) дүнья өмирине разысыз ба? Ақырет алдында бул дүнья өмири (ләззети) жүдә аз![14]

39. Егер қозғалмасаңыз, (Аллаҳ) сизлерди аўыртыўшы азап пенен азаплайды. Орныңызға басқа қәўимди әкеледи. Сизлер оларға зыян жеткизе алмайсыз. Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге қәдир.*

40. Егер сизлер оған (Муҳаммадқа) жәрдем бермесеңиз де, Аллаҳ (Өзи) оған жәрдем берди. Кәпирлер оны еки адамнан бири сыпатында (ўатанынан) шығарып жиберип, екеўи үңгирде турғанда, (Муҳаммад) жолдасы (Әбиў Бәкир)ге: «Қапа болма! Аллаҳ, бизлер менен бирге», – деди[15]. Сонда, Аллаҳ оны тынышландырды ҳәм сизлер көрмеген ләшкер (периште)лер менен қоллады. Күпир келтиргенлердиң сөзин пәс қылды. Ал, Аллаҳтың сөзи – ол жоқары. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

41. Жеңил ҳәм аўыр ҳалларыңызда (да жаўға қарсы) қозғалың[16] ҳәм Аллаҳтың жолында мал-дүньяларыңыз ҳәм жанларыңыз бенен жиҳад қылың! Егер билсеңиз, сол исиңиз сизлер ушын жақсы.

42. Егер (ҳәй Муҳаммад! Сиз шақырған нәрсе) жақын жердеги буйым ямаса қысқа сапар болғанда, (олар) саған ерер еди. Бирақ, оларға сапар узақлық қылды. Олар өзлерин қыйратып: «Егер қәдир болғанымызда, әлбетте, сизлер менен бирге (урысқа) шығар едик», – деп Аллаҳ аты менен ант қылады. Ал, Аллаҳ олардың өтирикши екенин биледи.

43. Аллаҳ сени әпиў етти. (Бирақ,) саған расгөйлерди ажыратып, өтирикшилерди билип алмағаныңша, неге оларға (урыстан қалыўға) руқсат бердиң?

44. Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтириўшилер мал-дүньялары ҳәм жанлары менен жиҳад қылыўдан (қалыўға) сеннен руқсат сорамайды. Аллаҳ тақўалыларды (жақсы) биледи.

45. Ал, Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирмейтуғынлар ҳәм кеўиллеринде шубҳалары бар болғанлар (урыстан қалыўға) сеннен руқсат сорайды. Солай екен, олар өзлериниң шубҳаларында екилене береди.

46. Егер (олар) шығыўды қәлегенинде, оған таярланған болар еди. Бирақ, Аллаҳ (олардың) қозғалыўын қәлемеди ҳәм оларды тоқтатты. Оларға: «Отырыўшылар[17] менен отырың», ­– делинди.

47. Егер олар сизлерге қосылып (урысқа) шыққанда да сизлерге жаманлықтан басқа нәрсени зыяда қылмаған болар еди. Олар сизлердиң араңызды бузыўға ҳәрекет етеди. Сизлердиң ишиңизде оларды тыңлаўшылар (исениўшилер) бар. Аллаҳ – залымларды билиўши.

48. Ҳақыйқатында да, (олар) буннан алдын да ала аўызлықты қоздырмақшы болған еди. Олар жақтырмаса да, ҳақ (жеңис) келип, Аллаҳтың буйрығы (дини) үстин болғанша, саған ислерди (ҳийле менен) астын-үстин қылған еди.

49. Олардан: «Маған руқсат бер, мени фитнаға салма!» – дейтуғынлары да бар[18]. (Олар урыстан қалыўы менен) фитнаға түсти ғой! Әлбетте, жәҳәннем кәпирлерди (өзине) қамтып алыўшы.

50. Саған жақсылық (жеңис ямаса олжа) жетсе, (бул) оларға жақпайды. Егер саған мүсийбет жетсе: «Исимиздиң алдын алыппыз», – деп қуўанып терис қарап кетеди.

51. Сен: «Бизлерге Аллаҳтың жазғанынан басқа нәрсе жетпейди. Ол бизлердиң Ийемиз. Аллаҳға тек мөминлер ғана тәўекел қылсын!» – деп айт.

52. Сен: «Сизлер бизлер ушын тек еки жақсылықтан бири болыўын күтип атырсыз[19]. Бизлер де, сизлер ушын Аллаҳтан болатуғын ямаса бизлердиң қолымыз бенен болатуғын азапты күтип атырмыз. Солай екен, күте бериң, бизлер де сизлер менен бирге күтиўшимиз», – деп айт.

53. Сен: «Сизлер садақаны ықтыярлы рәўиште ямаса мәжбүрликтен қылсаңыз да (бәри бир) қабыл етилмейди[20]. Себеби, сизлер фасық қәўим болдыңыз», – деп айт.

54. Олардың садақаларын тосқан нәрсе бул – олардың Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына күпир келтириўи, намазға тек еринип келиўи ҳәм жақтырмай садақа қылыўы.

55. Олардың мал-дүньялары ҳәм балалары сени әжеплентирмесин! Аллаҳ сол нәрселер себепли оларды дүнья өмиринде азаплаўды[21] ҳәм кәпир ҳалларында жанларын алыўды қәлейди.

56. Олар сизлерден болмаса да, өзлерин сизлерден екенине Аллаҳтың аты менен ант қылады. Бирақ, олар (жазадан) қорқатуғын қәўим[22].

57. Егер олар бир баспана яки үңгир, ямаса кирип алатуғын жер тапса, оған (жазадан қашып) асығып жуўырады.

58. Олардан (тарқатылатуғын) садақалар бойынша сени айыплайтуғыны да бар. Егер оннан (садақадан) оларға берилсе, олар разы болады. Егер (оларға садақадан) берилмесе, олар бирден ашыўланады.

59. Егер олар Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары берген нәрселерге разы болып: «Бизлерге Аллаҳ жетерли. Аллаҳ бизлерге Өзиниң кеңшилигинен береди. Оның Пайғамбары да (береди), бизлер Аллаҳты (Оның разылығын) қәлеймиз», – дегенинде (өзлерине жақсы болар еди).

60. Әлбетте, садақалар тек жарлыларға, мискинлерге, онда (садақа исинде) ислеўшилерге, кеўиллери дос қылыныўшыларға, қул азат қылыўға, қарыздарларға, Аллаҳтың жолында жүриўшилерге, мүсәпирлерге (бериў) Аллаҳ тәрепинен парыз етилди[23]. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.

61. Олардан Пайғамбарға азар берип, «Ол қулақ» (еситкенине исене беретуғын), – дейтуғынлар да бар. Сен: «(Ол) сизлер ушын жақсылық қулағы. (Ол) Аллаҳға ийман келтириўши, мөминлерге исениўши, сизлерден ийман келтиргенлерге мийирманшылық (дереги). Аллаҳтың Пайғамбарына азар беретуғынларға аўыртыўшы азап бар», – деп айт.

62. Олар (еки жүзлилер) сизлерди разы қылыў ушын (пайғамбарға азар бермедик, деп) Аллаҳтың аты менен ант қылады. Егер мөмин болса, (билип қойсын) Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбарын разы қылыўы ҳақылырақ ис еди.

63. Ким Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбарына ҳәдден асса, ол дозақта мәңги қалыўын ҳәм бул оның ушын үлкен шерменделик екенин билмей ме?!

64. Еки жүзлилер өзлери ҳаққында кеўиллериндеги нәрсени (еки жүзлиликти) ашып таслайтуғын сүре нәзил қылыныўынан қорқып турады[24]. Сен: «Масқара қылабериң. Аллаҳ – сизлер қорқып атырған (сол) нәрсени (жүзеге) шығарыўшы», – деп айт.

65. Егер олардан (неге масқара қыласыз) деп сорасаң, олар: «Бизлер тек өзимизше тартысып, ҳәзиллесип атыр едик», – дейди. Сен: «Аллаҳты ҳәм Оның аятларын масқара қылып атырған едиңиз ғой?» – деп айт[25].

66. Үзир айтпаң! Ҳақыйқатында да, ийманыңыздан кейин (және) күпир келтирдиңиз. Егер сизлерден бир топарды (тәўбе қылғаннан кейин) әпиў етсек, басқа бир топарды жынаятшы болғаны ушын азаплаймыз.

67. Еки жүзли еркеклер менен еки жүзли ҳаяллар бир-биринен[26] (еки жүзлиликте бир-бирине уқсайды). (Олар адамларды) жаманлыққа буйырады, жақсылықтан қайтарады ҳәм қолларын (қайыр-садақадан) тыяды. Олар Аллаҳты умытты, (Ол) да оларды «умытты». Әлбетте, еки жүзлилер – фасықлар.

68. Аллаҳ еки жүзли еркеклерге, еки жүзли ҳаялларға ҳәм кәпирлерге мәңги қалынатуғын дозақтың жалынынан ўәде қылды. Ол олар ушын жетерли. Оларды Аллаҳ нәлетледи. Оларға удайына азап бар.

69. (Сизлер, ҳәй еки жүзлилер!) Өзлериңизден алдынғыларға (еки жүзлилерге) уқсайсыз. (Олар) сизлерден көре күшлирек, мал-дүнья ҳәм бала-шағалары көбирек еди. Олар өзлериниң несийбесин пайдаланды. Сизлерден алдынғылар несийбелерин пайдаланғанындай, сизлер де өз несийбеңизди пайдаландыңыз. (Олар) батқан нәрсеге (адасыўға сизлер де) баттыңыз. Әне солардың (саўаплы) ислери дүньяда да, ақыретте де бийҳуўда болды. Әне солар – зыян көриўшилер.

70. Оларға өзлеринен алдын өткен Нуҳ, Ад, Самуд қәўимлериниң ҳәм Ибраҳим қәўиминиң, Мадян (қаласы) халқының (Шуайб қәўиминиң) ҳәм астын-үстин болғанлардың (Лут қәўиминиң) хабары келмеди ме? Оларға Пайғамбарлары ашық-айдын ҳүжжетлер менен келди. Аллаҳ оларға зулым қылыўшы болмады, бирақ олар өзлерине зулым қылыўшы болды.

71. Мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллар бир-бирине дос. (Адамларды) жақсылыққа буйырады, жаманлықтан қайтарады, намаз(лар)ды кәмил оқыйды, зәкатты береди, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынады. Әне соларға Аллаҳ меҳрибаншылық қылады. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

72. Аллаҳ мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларға астынан дәрьялар ағып турған, мәңги қалынатуғын жәннеттиң жағымлы жерлерин ўәде қылды. Аллаҳтың разылығы – ең уллы нәрсе. Әне сол – үлкен утыс[27].

73. Ҳәй Пайғамбар! Кәпирлерге ҳәм еки жүзлилерге қарсы тырысып ҳәрекет ет ҳәм оларға қаттықол бол! Олардың орны – жәҳәннем. Ол буншелли жаман тәғдир![28]

74. Олар (жаман сөз) айтпадық, деп Аллаҳтың аты менен ант қылады. Ҳақыйқатында да, олар күпир кәлиймасын айтты ҳәм исламнан кейин (және) күпир келтирди. Олар жете алмайтуғын нәрселерине[29] (жетиўди) мақсет қылды. Олар (еки жүзлилер) Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары оларды Өзиниң кеңшилигинен бай қылып қойғанынан басқа «айып» таба алмады. Егер олар тәўбе қылса, өзлерине жақсы. Егер жүз бурып кетсе, Аллаҳ оларды бул дүньяда да, ақыретте де аўыртыўшы азап пенен азаплайды. Жер бетинде олар ушын дос та, жәрдем бериўши де жоқ.

75. Олардан: «Егер бизлерге (Аллаҳ) Өзиниң кеңшилигинен берсе, әлбетте, садақа қыламыз ҳәм әлбетте, ийгиликли ис қылыўшылардан боламыз», – деп Аллаҳ пенен келисим қылатуғынлары да бар.

76. (Аллаҳ) Өзиниң кеңшилигинен бергенде, (олар) оған сықмарланып, терис қарап, бурылып кетеди.

77. Енди Аллаҳға берген ўәделеринде турмағаны ҳәм өтирик сөйлегени ушын Оған ушырайтуғын Күнге (қыяметке) шекем олардың кеўиллерине еки жүзлиликти ақыбет қылып қойды.

78. Аллаҳ олардың сырларын да, сыбырласқанларын да билетуғынлығын ҳәм Аллаҳ ғайыпты билиўши екенин билмейтуғын ба еди?!

79. Мөминлерден ықтыярлы рәўиште садақа бериўшилерди ҳәм шамасы жеткенинен басқаны таба алмайтуғынларды мысқыллап, масқаралайтуғынларды Аллаҳ «масқара» қылады ҳәм оларға аўыртыўшы азап бар.

80. Олар ушын (сен) кеширим сорасаң да, кеширим сорамасаң да (бәри бир). Егер олар ушын жетпис мәрте кеширим сорасаң да, Аллаҳ оларды ҳасла кеширмейди[30]. Бундай болыўы олардың Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына күпир келтиргенинен. Аллаҳ фасықлардың қәўимин ҳидаят қылмайды.

81. (Урыста өтирик үзирлер менен артта) қалғанлар[31] Аллаҳтың пайғамбарына қылапылық етип, отырған жерлеринде қуўанды ҳәм Аллаҳтың жолында мал-дүньялары ҳәм жанлары менен жиҳад қылыўды жақтырмады ҳәм (басқаларға): «Ыссыда қозғалмаң!» – деди. Сен: «Егер аңласаңыз, жәҳәннемниң жалыны (оннан) ыссырақ», – деп айт.

82. Солай екен, (олар) қылған ислери себепли (бул дүньяда) аз күлип, (ақыретте) көп жыласын.

83. Енди, егер Аллаҳ сени (және) олардан бир топарына қайтарса, кейин, олар сеннен (урысқа) шығыўға руқсат сораса, онда: «Мениң менен (енди) ҳеш қашан (урысқа) шықпайсыз, мениң менен ҳеш қашан душпанға қарсы урыспайсыз, сизлер биринши мәртеде отырыўға разы болдыңыз, енди (және) артта қалыўшылар менен отыра бериң!» – деп айт.

84. Олардан өлгенлериниң биреўине де (жаназа) намаз оқыма, қәбириниң үстинде де турма! Себеби, олар Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына күпир келтирди ҳәм фасық ҳалларында өлди.

85. Олардың мал-дүньялары ҳәм бала-шағалары (көп екенлиги) сени әжеплентирмесин! Себеби, Аллаҳ солар (тәшўишлери) менен бул дүньяда оларды азаплаўды ҳәм кәпир ҳалларында жанларын алыўды қәлейди.

86. «Аллаҳға ийман келтириң ҳәм Оның Пайғамбары менен жиҳад қылың!», – деген (мазмундағы) сүре (аят) нәзил қылынса, олардан қүдиретлилери (дәрҳал): «Бизлерди тыныш қой, отырыўшылар менен бирге болайық!» – деп руқсат сорайды.

87. (Олар) артта қалыўшылар (бала-шағалар) менен бирге болыўға разы болды. Олардың кеўиллерине тамға басылды. Енди олар аңламайды.

88. Бирақ, Пайғамбар ҳәм оның менен бирге болған ийман келтиргенлер мал-дүньялары ҳәм жанлары менен жиҳад қылды. Әне соларға жақсылықлар болды. Әне солар – утысқа ерисиўшилер[32].

89. Аллаҳ олар ушын астынан дәрьялар ағып турған, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлерди таярлап қойыпты. Бул – үлкен утыс.

90. Аъробийлерден (саҳралылардан) үзир айтыўшылар[33] өзлерине руқсат берилиўин сорап келди. Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына өтирикти тоқығанлар (урысқа шықпай, үйинде) отырып қалды. Олардан күпир келтиргенлерине аўыртыўшы азап жетеди.

91. Әззилерге, кеселлерге ҳәм (урысқа барыўға) қәрежет табалмай атырғанларға, егер олар Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына садық болса, қыйыншылық (мәжбүрлеў) жоқ[34]. Шырайлы ис қылыўшыларға қарсы (айыплаўға) жол жоқ. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

92. Және саған көлик бериўиң ушын келгенинде, сен: «Сизлерди миндириўге нәрсе табалмай атырман», – дегениңде (урысқа қатнасыўға) қәрежет табалмағанына қапа болып, көзлеринен жас төгип, артына қайтып кеткенлерге де (гүна) жоқ.

93. Бай бола турып, сеннен (урысқа қатнаспаўға) руқсат сорайтуғынларды (айыплаўға) жол бар. (Олар) артта қалыўшылар (бала-шағалар) менен қалыўға разы болды. Аллаҳ олардың кеўиллерине тамға басты. Енди олар (соның ушын саўап пенен гүнаның парқын) билмейди.

94. (Олардың) алдына қайтқаныңызда сизлерге үзир айтады[35]. Сен: «Үзир айтпаң! Сизлерге исенбеймиз. Аллаҳ бизлерге сизлердиң хабарларыңызды берди. Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары сизлердиң қылған ислериңизди көреди. Соң, жасырын ҳәм мәлим (ислер)ди билиўшиге (Аллаҳға) қайтарыласыз. Кейин, Ол сизлерге қылған ислериңиздиң хабарын береди», – деп айт.

95. Олардың алдына қайтқаныңызда, оларды айыпламаўыңыз ушын сизлерге Аллаҳ (аты) менен ант қылады. Олардан жүз бурың! Себеби, олар напәк. Қылған ислерине жараса жазасы – жәҳәннем.

96. Сизлер олардан разы болыўыңыз ушын, олар сизлерге ант ишеди. Сизлер олардан разы болсаңыз да, Аллаҳ фасық қәўимлерден разы болмайды.

97. Аъробийлер[36] (әдетте) күпир ҳәм еки жүзлиликте күшлирек болады ҳәм Аллаҳ Өзиниң Пайғамбарына түсирген шегараларды билмеўи анығырақ. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.

98. Аъробийлерден қылған садақасын зыян (артықша шығын) деп билетуғын ҳәм сизлерге мүсийбет жетиўин күтетуғынлар да бар. Жаман мүсийбетлери өзлерине урсын! Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

99. Аъробийлерден Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтиретуғын, қылған садақаларын Аллаҳға жақынлық пайда етиў ҳәм Пайғамбардың дуўасына ерисиў, деп билетуғынлары да бар[37]. Билип қойсын, әлбетте, сол нәрселери олар ушын жақынлық. Әлбетте, Аллаҳ оларды Өзиниң мийирманшылығына (жәннетке) киргизеди. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

100. Дәслепки муҳажир ҳәм ансорлардың алдынғыларынан[38] ҳәм оларға жақсылық пенен ергенлерден Аллаҳ разы болды, олар да Аллаҳтан разы болды. (Аллаҳ) оларға астынан дәрьялар ағып туратуғын, (олар) ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлерди таярлап қойды. Бул – үлкен утыс.

101. Дөгерегиңиздеги[39] аъробийлерден ҳәм Мадина халқы ишинде еки жүзлилер бар. Олар еки жүзлиликте даўамлы. Сен оларды билмейсең, Биз оларды билемиз. Әлбетте, оларды еки мәрте азаплаймыз[40]*. Соң, олар (қыяметте) үлкен азап (дозақ)қа қайтарылады.

102. Және басқалары да бар, олар гүналарын тән алады. Олар жақсы ҳәм жаман исти араластырып қояды. Қәнекей, Аллаҳ олардың тәўбесин қабыл етсе. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

103. Олардың мал-дүньяларынан садақа ал. Буның менен оларды пәклейсең, тазалайсаң ҳәм олардың ҳаққына дуўа қыл! Әлбетте, сениң дуўаң олар ушын – тәселле. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

104. Олар Аллаҳ Өзиниң бенделеринен тәўбени қабыл етиўин ҳәм садақаларын алыўын ҳәм әлбетте, Аллаҳтың Өзи тәўбелерди қабыл етиўши, мийримли екенин билмей ме?

105. Сен: «Ислериңизди қылып қалың! Әлбетте, Аллаҳ, Оның Пайғамбары ҳәм мөминлер ислериңизди көреди. Әлбетте, жасырын ҳәм мәлим (ислер)ди билиўшиге қайтарыласыз. Кейин, Ол сизлерге ислеп жүрген ислериңиздиң хабарын береди», – деп айт.

106. Және Аллаҳтың буйрығына қарап турған басқалары да бар. Оларды я азаплайды, я тәўбелерин қабыл етеди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.

107. Және сондайлары бар, олар зыян, күпир, мөминлердиң арасына иритки салыў ҳәм буннан алдын Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына қарсы урыс ашқан адамды күтиў ушын мешит қурып: «Бизлер жақсылықтан басқаны қәлемеймиз», – деп ант ишеди. Олар өтирикши екенине Аллаҳ гүўалық береди.[41]

108. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен ол жерде (намаз оқыў ушын) ҳасла турма! Әлбетте, биринши күннен-ақ тақўаға тийкарланған мешитте турыўың ылайық болады. Ол жерде пәклениўди жақсы көретуғынлар бар. Аллаҳ пәклениўшилерди жақсы көреди.

109. Имаратын Аллаҳға болған тақўа ҳәм Оның разылығы тийкарында қурған адам жақсы ма ямаса имаратына қулап баратырған жар жағасын тийкар қылып алып, сол себепли (өзи де) оның менен дозаққа қулаған адам жақсы ма?! Аллаҳ залым қәўимлерди ҳидаят қылмайды.

110. Қурған имараты (бузып тасланғаннан кейин) жүреклери жарылғанша (өлгенше) кеўиллеринде шубҳа болып қалады. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.

111. Аллаҳ мөминлерден жанларын ҳәм мал-дүньяларын жәннеттиң орнына «сатып алды» – олар Аллаҳтың жолында урысады, кейин өлтиреди ҳәм өлтириледи. Бул – Таўратта да, Инжилде де, Қуранда да Оның мойнындағы ҳақыйқый ўәде. Аллаҳтан да келисимине опалы ким бар?! Ким Аллаҳға берген келисимине опа қылса, онда қылған саўдаларыңыздан шадлана бериң! Бул – үлкен утыс.

112. (Олар –) тәўбе қылыўшылар, ибадат қылыўшылар, шүкир қылыўшылар, саяхатшылар[42], руку қылыўшылар, сәжде қылыўшылар, жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарыўшылар, Аллаҳтың шегарасында турыўшылар. Мөминлерге (Аллаҳтың сыйлықлары ҳаққында) хош хабар бер!

113. Пайғамбар да, мөминлер де мушриклер ушын, егер олар ағайин-туўысқанлары болса да, олардың дозақ әҳлинен екени мәлим болғаннан кейин мағфират (гүналарын кешириўин) сораўы дурыс емес[43].

114. Ибраҳимниң (өз) әкеси ушын сораған кеширими тек оған қылған ўәдеси ушын еди. Қашан, оған әкесиниң Аллаҳға душпан екени билингенде, оннан (әкесинен) кешип кетти. Әлбетте, Ибраҳим – ҳақ нийетли ҳәм жумсақ кеўилли.

115. Аллаҳ бир қәўимди ҳидаятқа баслағаннан кейин, оларға сақланыўы лазым нәрсени баян етпей турып, оларды адастырмайды. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.

116. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳға тән. (Ол) тирилтеди ҳәм өлтиреди. Сизлерге Аллаҳтан басқа дос та, жәрдемши де жоқ.

117. Аллаҳ Пайғамбардың, муҳажирлердиң ҳәм ансорлардың тәўбелерин қабыл етти. Олардан бир топарының кеўиллери тайып кетейин дегеннен кейин аўыр (бир) саатта оған ерген еди. Соң тәўбелерин қабыл етти. Әлбетте, Ол – оларға Аяўшы, Рейимли.

118. Және (саўашқа шықпай) артта қалған үш адамның да (тәўбесин қабыл етти)[44]. Оларға кең жер тар болып, жүреклери қысылып, Аллаҳтан басқа, қашып баратуғын жер жоқ екенине исенгеннен кейин, олар тәўбе қылыўшылардан болыўы ушын (Аллаҳ) олардың тәўбелерин қабыл етти. Әлбетте, Аллаҳ – тәўбелерди қабыл етиўши, Рейимли.

119. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтан қорқың ҳәм (ийманда) садықлар менен бирге болың!

120. Мадина халқына ҳәм олардың дөгерегиндеги аъробийлерге Расулуллаҳтан артта қалыўы, оннан кешип өзлери менен бәнт болыўы дурыс емес еди. Себеби, олар Аллаҳтың жолында шөллесе, шаршаса, аш болса, кәпирлердиң ашыўын шығаратуғын бир қәдем басса, душпанға бир зыян жеткизсе, әлбетте, оларға усы себепли жақсы әмел жазылады. Әлбетте, Аллаҳ жақсылық қылыўшылардың сыйлығын зая қылмайды.

121. Киши ямаса үлкен садақа қылса яки (Аллаҳ жолында) бир ойпатлықты кесип өтсе де, әлбетте, қылған жақсы ислери себепли Аллаҳ оларды сыйлықлаўы ушын оларға (саўап) жазылады.

122. Мөминлердиң ҳәммеси (саўашқа) шығыўы шәрт емес. Ҳәр топардан бир бөлеги шықпай ма?! (Қалғанлары Пайғамбардан) динди үйренип, (саўаштан) қайтып келгенде, қәўимин ескертеди. Қәнекей, олар (гүналардан) сақланса.

123. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге жақын (Мадина ҳәм оның әтирапындағы) кәпирлерге қарсы урысың![45] Олар сизлерден қаталлықты көрсин! Билип қойың, әлбетте, Аллаҳ тақўалылар менен бирге.

124. Бир сүре нәзил етилгенде, олардан: «Бул (сүре) сизлердиң қайсыңыздың ийманыңызды зыяда қылды?» – дейтуғынлары да (еки жүзлилери де) бар. Бирақ, бул (сүре) ийман келтиргенлердиң ийманын зыяда қылды ҳәм олар шадланады.

125. Бирақ, кеўиллеринде иллет (шубҳа ҳәм еки жүзлилик) болғанлардың патаслықлары (күпирлери) үстине патаслық (күпир) қосылды ҳәм олар кәпир ҳалларында өлди.

126. Олар ҳәр жылы бир яки еки мәрте сыналып атырғанына қарамай ма? Сонда да, тәўбе қылмайды, еслетпе де алмайды.

127. Бир сүре нәзил болғанда, олар: «Сизлерди ҳеш ким көрип атырған жоқ па?», деп бир-бирине қарап алады, соң терис қарап (үйлерине) кетеди. Олар аңламайтуғын қәўим болғаны ушын Аллаҳ олардың кеўиллерин (терис) бурып қойды.

128. (Ҳәй Мәккә халқы!) Ҳақыйқатында да, сизлерге өзлериңизден[46] болған, сизлердиң машақат шегиўиңиз оған аўыр болатуғын, сизлердиң (ҳидаят табыўыңызға) қызығыўшы, мөминлерге ғамхор, рейимли пайғамбар келди.

129. Сонда да, (мушриклер) терис қарап кетсе, сен (оларға): «Маған Аллаҳтың Өзи жетерли. Оннан басқа илаҳ жоқ, Оған тәўекел қылдым, Ол – уллы Арштың Рәббиси», – деп айт.



[1] 1-аят. Араның ашықлығы, мушриклер питим бойынша дүзген келисимлерин бузғанларын мусылманлар билип қойсын, деп ескертилмекте.

[2] 11-аят. Ибн Масъуд (рз.) бул аятты дәлил қылып, зәкатқа қәдир бола турып, оны бермеген адамның намазы қабыл болмайды, – деген. Ал, Ибн Аббас (рз.) бул аят «әҳли қубла» болған адамлардың өлтирилиўин қадаған ететуғын аят, – дейди. Әбиў Ҳурайра (рз.) рәўияты бойынша, Расул (а.с.) қайтыс болғаннан кейин Әбиў Бәкирге (рз.) Умар (рз.): «Пайғамбар (а.с.), ийман кәлиймасын айтқанға шекем адамлар менен урысаман. Оны айтыўы менен меннен жанлары ҳәм малларын сақлап қалады. Исламдағы ҳақлар буған кирмейди. Ал, есап-санақ Аллаҳға қалдырылады, деген. Неге сиз зәкат бермегенлер менен урысып атырсыз?», – дегенде Әбиў Бәкир (рз.), Пайғамбарымызға берип жүрген зәкатларынан бир қозыны кем берсе де, олар менен урыса беремен, – дегенинде Умар (рз.), Әбиў Бәкир (рз.) кеўлине бул исти Аллаҳ салғанын билип, ол ҳақ еди, деген екен. Ҳәдисте: «Намазымызды оқыған, қубламызға жүзленген, биз сойған ҳайўан гөшин жеген адам Аллаҳ ҳәм Расулының келисиминдеги мусылман есапланады», – делинген (Бғ. Хз.).

[3] 15-аят. Бул жақын келешекте Мәккә мушриклериниң айырымлары тәўбе қылып, ийман келтириўинен дерек еди. Ҳақыйқатында да, Мәккә ийеленгеннен соң Әбиў Суфян, Әбиў Жаҳлдиң улы Икрима, Суҳайл ибн Әмир кибилер исламға кирди. Муътазилийлердиң «Кәпирлердиң тәўбе қылыўын Аллаҳ қәлесе де, олар өз ықтыяры менен тәўбе қылмайды», – деген ақыйдасын усы аят бийкарлайды (Мд.).

[4] 17-аят. Мешитти абат қылыўды еки қыйлы түсиниў мүмкин: оны қурыў, үскенелеў, оңлаў; оның ишине кириў. Ҳәр екеўин әмелге асырыў да кәпирге мүмкин емес. Егер кәпир адам мешит қурыўға ўәсият қылып кеткен болса, орынланбайды. Кәпир адам мусылманлардың руқсатысыз мешитке киргизилмейди. Расул (а.с.) Самама ибн Асол деген кәпирди услап, мешит бақанына байлап қойғаны себепли, кәпирлерди руқсат пенен мешитке киргизиў мүмкин, – делинген (Хз.).

[5] 19-аят. Аббас, Шайба киби Мәккә мушриклерин Әлий ибн Әбиў Талиб (рз.) Пайғамбарға қарсы гүрескенликте айыплағаннан кейин, олар: «Бизлер де ҳажыларға суў тарқатыў, Каабаның абаданшылығы сыяқлы саўаплы ислерди қылып атырмыз ғой!» – деп наразылық билдиргенде, усы аят нәзил етилген (Хз.).

[6] 24-аят. Бул аяты кәрийма Мәккәдан Мадинаға ҳижрат қылыўдан бас тартқан мусылманларға қәўип сыпатында нәзил етилген. Себеби, сол пайытта Мадинаға ҳижрат қылыў мусылманлардың мойнына парыз қылынған болып, Мәккәда қалыў мисли Исламнан қайтыў, мусылманлар қатарын кемейтиў, мушриклер санын көбейтиў деп есапланған.

[7] 25-аят. «Ҳунайн» Мәккә әтирапындағы ойпатлық болып, бул жерде Ҳаўазин қәўиминиң баслығы Мәлик төрт мың адамлық ләшкери менен, мусылманлардың он еки мың яки он алты мың әскери менен араларында саўаш болған.

Имам Бухарий менен Имам Муслимлер (рҳ.) рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Расул (а.с.) Ҳунайн саўашын жеңис пенен тамамлағаннан кейин оннан түскен көп олжаны бөлистирген пайытлары «муаллафати қулубуҳум», яғный кеўиллерин досласыўға бейимлестириў нийетинде садақа, зәкат берилиўши кәпирлерге де олжадан үлес берди, бирақ мадиналы мусылманларға, яғный «ансорлар»ға ҳеш нәрсе бермеди. Буннан олардың ренжигенин аңлаған Пайғамбар (а.с.) оларды жыйнап турып, оларға: «Ҳәй ансорлар! Сизлерди адасыўдан ҳидаятқа шығармадым ба... Басқалар түйе, қой менен кетип, сизлер Расулуллаҳ пенен кетиўге разымысыз?» – дегенде олар разы болды» (Хз.).

[8] 28-аят. Бул жердеги напәклик мәнаўий жақтан түсиндирилетуғын болса, мушриклердиң кеўлиндеги ширк мисли нажас, ол таўҳидке қарама-қарсы есапланады. Ол материаллық жақтан түсиндирилсе, ширк ҳәм күпир әҳли көпшилик ҳалларда напәк жүретуғыны нәзерде тутылған болады. Мәселен, жунублықтан ғусыл қылмаў, шәрият бойынша ҳадал ҳәм ҳарам саналған нәрселердиң парқына бармаў сыяқлы. Ҳижраттың тоғызыншы жылынан баслап оларға Кааба ҳәм оның ҳарамына кириў қадаған етилди (Мд.).

[9] * Айырым мусылманлар Кааба әтирапына мушрик саўдагерлери келмейтуғын болса, күнделикли итияж буйымларға қытшылық пайда болыўынан қәўетерге түскенде усы аят нәзил болынды.

Ҳанафий мәзҳабы бойынша мушриклерге тек Каабаға кирип ҳаж ҳәм умра ибадатларын орынлаў қадаған етиледи, бирақ Масжиди Ҳарамға ҳәм басқа мешитлерге олардың кириўи қадаған етилмеген. Шафиий мәзҳабында оларға тек Масжиди Ҳарамға кириў қадаған етиледи. Ал, мәликий мәзҳабында оған да, басқа мешитлерге де әҳли күпир ҳәм әҳли ширклердиң кириўи мүмкин емес.

Ҳижраттың 9-жылы Муҳаммадтың (а.с.) буйрығы бойынша Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) басшылығында бир топар мусылманлар ҳаж ибадатын орынлаў мақсетинде Мәккәи мукаррама тәрепке жол алады. Сол ўақытлары «Тәўбә» сүреси нәзил болып, онда усы мушриклерге тийисли шеклеўлер баян етилген болады. Ҳажылардың изинен Әлий (рз.) жиберилип, сүре оқып бериледи (Лс.).

[10] 34-аят. Китап ийелериниң руўханый ҳәм рәҳиблери илаҳий китапларындағы Муҳаммад (а.с.) сыпатларын өзгертиў яки жоқ қылыў, яки саўатсыз китап ийелерине шәрият ҳүкимлерин аңсатластырып бериў есесине олардан пара алыў жолы менен байлық арттыратуғын еди (Хз. Мд).

[11] * Бул аят жоқарыда айтып өтилген китап ийелери ҳаққында нәзил болған ба яки мусылманлар ҳаққында ма? Бул жөнинде ҳәтте Әбиў Зарр, Муаўия ҳәм басқа саҳабалар арасында да тартысыўлар болған. Зәкаты берилип туратуғын байлық бул жазадан азат етилген. Өзи де жемей, мүтәжлерге де бермей кететуғын сықмар байлар ҳаққында усы ҳәм кейинги аяттағы жаза түрлери жүдә үлкен ескертиў болып есапланады (Мд. Хз.).

[12] 36-аят. Урыс қадаған етилген төрт ай – Зулқаъда, Зулҳижжа, Муҳаррам ҳәм Ражаб айлары.

Бул айларды әййемнен қәдирлеп, урысларды тоқтатқан. Бирақ, бул аят ҳүкими бийкар етилгени ҳаққында дерлик барлық муфассирлар бирдей пикирде. Буған Расулдың (а.с.) Тайфты қоршаўға алғаны, Ҳаўазинге урыс қылғаны Шаўўал ҳәм Зулқаъда айларында өткени дәлил болады (Қз. Хз.).

[13] * Усы аят дәлил қылады, Исламда мушриклер менен саўаш қылыў, улыўма урысыўға зәрүрлик талабы менен ғана руқсат етиледи ҳәм сонда да мусылманлар тақўаны қолдан бермеў ҳәм басқыншылыққа өтпеўге буйырылады.

[14] 38–39-аят. Табук ўақыясына тийисли аятлар.

Табук – Мадина менен Шам ортасындағы бир оазис.

Ҳижраттың тоғызыншы жылы Византия әскерлери мусылманлар үстине бастырып киятырғаны ҳаққындағы хабар Расулға (а.с.) жетип келгеннен кейин, көп санлы әскер топлап, дин ҳәм журтты қорғаў ушын усы ойпатқа жетип келеди. Бирақ, Византияның ҳеш қандай басқыншылық нийети жоқлығы белгили болғаннан кейин, соқлығысыўсыз қайтып кетеди. Бул ўақыя барысында мусылманлар арасындағы көплеген еки жүзлилердиң сырлары әшкара болады.

[15] 40-аят. Мәккә мушриклери мусылманларға қанша басым өткизбесин, олар диннен қайтпайды. Ақыры Муҳаммадтың (а.с.) жанына қаслық етиўге қарар қылады. Соннан кейин Аллаҳ тәрепинен Мадинаға ҳижрат қылып кетиўге руқсат бериледи. Әбиў Бәкир Сыддық пенен бирге жолға шыққанда олардың изине түскен мушриклерден сақланыў ушын Мәккә шетиндеги Саўр таўының бир үңгирине жасырынады. Душпан изқуўарлары үңгирдиң аўзына шекем излеп келеди. Бирақ, Аллаҳтың меҳрибанлығы менен үңгирдиң аўзы өрмекшиниң торлары менен оралып қалады. Буны көрип, олар изине қайтып кетеди. Әбиў Бәкир Сыддық үңгирдиң аўзына келип қалған душпанлар Расулуллаҳға азар жеткизеди, деп қатты қысынады. Сонда Расул (а.с.) тәселле берип, усы аяттағы сөзлерди айтқан.

[16] 41-аят. «Жеңил» менен «аўыр» ҳалат дегенде не нәзерде тутылғаны ҳаққында ҳәр қыйлы тәфсирлер бар. Мәселен, саўашқа қызығып шаққан ҳәм жеңил қозғалыў менен оның аўырлығын ойлап асықпай шығыў; шаңарақ ҳәм перзентсизликтеги жеңиллик пенен көп перзентлиликтеги аўырлық; қуралсыз ҳәм қураллы; көликте ҳәм пияда; жаслық ҳәм ғаррылықта; арықлық ҳәм семизликте; саламат ҳәм бийтаплықта; кәмбағал ҳәм бай ҳалатта. Ибн Аббас (рз.) бул аят усы сүрениң 122-аяты менен бийкар болған, деген. Ал, Суддий (рҳ.) бул аят 91-аят пенен бийкар болған, деген. Бийкар болмаған тәғдирде аяттағы буйрық «надб», яғный саўашқа шығыў үзирли адамлар ушын мустаҳаб: шықса саўап алады, шықпаса гүнакар болмайды, деп түсиниў лазым болады (Мд. Хз.).

[17] 46-аят. Яғный, саўашқа шықпағанлар қатарында отыра бериң, – делинди. Бул гәпти ким айтқаны ҳаққында тартыслар бар. Айырым тәфсирде олар бир-бирине, басқасында Расул (а.с.) айтқан яки оларды шайтан ўасўаса қылып, усы усынысты берген, – делинеди (Мд.).

[18] 49-аят. Бул аят Жад ибн Қайс исимли еки жүзли ҳаққында нәзил етилген. Расул (а.с.) оны Табук саўашына мирәт еткенде ол жалған үзир айтып, былай деген: «Мен ҳаялларға өш адамман. Егер Рум аймағына барсам, ол жердеги Асфардың қызларына ашық болып, гүна ис қылып қойыўым мүмкин. Оның орнына мен сизлерге қаржы менен жәрдем берип, өзим үйде қалайын», – дегенде Расул (а.с.) оған руқсат берген. Усы аят пенен Аллаҳ таала оның еки жүзлилигин әшкара қылмақта. Асфар Румның бир аймағына ҳәким болып алған бир ҳабаший болып, румлы ҳаялға үйленген, оннан туўылған қызлары ақ-қара аралас сулыў екени көпшиликке белгили еди (Мд. Лс. Хз.).

[19] 52-аят. «Еки қайырлы ис»тиң бири – душпан үстинен ерисилетуғын жеңис ҳәм шейитлик. Мусылманларға бул екеўиниң қайсы бири несип етсе де қайырлы еди. Кәпир ҳәм еки жүзлилер ушын Аллаҳ тәрепинен күтилип атырған жаза да еки түрли. Бири тиккелей оларға жиберетуғын Өзиниң азабы, екиншиси мусылманлар қолы менен берилетуғын жаза.

[20] 53-аят. Яғный, Жад ибн Қайс ҳәм оған уқсаған еки жүзлилерге айтың, олардың қылған иҳсан ҳәм садақаларын Аллаҳ қабыл етпейди. Себеби, олар ибадат ҳәм иҳсанды ийман ҳәм ықлас пенен қылмайды.

[21] 55-аят. Байлық ҳәм көп перзентлилик тәшўишлери еслетилмекте. Себеби, байлық ҳәм перзентлер мудамы жанға рәҳәт бола бермейди, гейде рәҳәтине қарағанда азабы асып кетиў ҳалатлары да бақланады. Әсиресе, ақыретти ойламайтуғынлар ушын олар турысы менен азап. Аятта бул еки жүзлилердиң байлық ҳәм перзентлериниң молшылығы ҳәм абаданлығы ҳәўес етип болмайтуғын нәрсе екени айтылмақта.

[22] 56-аят. Жүзеки болса да ийман келтирип, мусылманлар ишинде жүрмесек, мал ҳәм жанларымыздан ажыралып қалыўымыз мүмкин, деп қорқыўы нәзерде тутылған.

[23] 60-аят. Бул көрсетилген адамларға зәкат, хираж, питир ҳәм үсир киби садақалар берилиўи керек. Олардан «кеўиллери дос қылыныўшылар» бийкар етилген. Яғный, Ислам алдын зәкат ҳәм ўәжиб садақаларды Әбиў Суфян ибн Ҳарб, Ақраъ ибн Ҳабис, Уяйна ибн Ҳисн, Аббас ибн Мирдас, Сафўан ибн Умайя, Адий ибн Ҳатам, Забарқон ибн Бадр киби кәпирлерге де берилип, буның менен олардың кеўиллерин Исламға жақын қылыў мақсетинде қылынатуғын еди. Кейинирек Әбиў Бәкир (рз.) халифалығы дәўиринде саҳабалардың келисими менен оның ҳүкими бийкар етилген (Ҳд.).

[24] 64-аят. «Тәўбә» сүресиниң және бир аты «Фазиҳа», яғный «әшкара етиўши» екенине себеп – еки жүзлилердиң сырларын усы сүре арқалы Муҳаммадқа (а.с.) әшкара еткени.

[25] 65-аят. Расул (а.с.) Табукқа қарай жол алғанда бир тода атлы еки жүзлилер оның алды тәрепинде бир-бирине: «Мына адамға қараң, усы кетисте барып, Шамның сарай ҳәм қорғанларын ийелейди-миш» – деп, өз ара Расул (а.с.) үстинен күлип, мазақ қылады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала Пайғамбарымызға (а.с.) ўаҳий арқалы билдиреди. Дәрҳал оларды тоқтатыўға буйырады. Алдына келип, жасырын айтқан гәплерин өзлерине айтып, усы гәплер менен мазақ қылып атырсыз ба, дегенде олар қылмысларынан танып, жолды жақын қылыў ушын өз ара сөйлесип, ҳәзиллесип баратырмыз, деп бәне қылған екен (Мд. Хз. Тб.).

[26] 67-аят. Бул аяттан мәлим болыўынша, еки жүзлилер күпирде бир-биринен парықланбайды ҳәм олар мөминлерден емес. Сол дәўирде еки жүзлилердиң улыўма саны үш жүз адам болып, олардан бир жүз жетписи ҳаяллар еди (Мд.).

Сүреде сырлары әшкара болған еки жүзлилер ҳаққында баян етилди. Бирақ, күпирлери ашықтан-ашық болмаса, күпирге ҳүким қылынбайды.

[27] 72-аят. Бул аятты тәфсир қылып бериў соралғанда Расул (а.с.): «Жәннетте бир сарай болып, онда жетпис қызыл яқыттан жасалған ҳәўли бар. Ҳәр бир ҳәўлиде жетпис жасыл гәўҳардан жасалған хана бар. Ҳәр бир ханада жетпис сыпа бар. Ҳәр бир сыпада жетпис реңи бир-бирине уқсамайтуғын паяндоз-көрпеше бар. Ҳәр бир көрпешеде бир ҳүр қыз болып, ол өзине аталған әҳли жәннетке таяр болып отырады», – деп жуўап берген екен (Хз.).

Имам Табарий (рҳ.) рәўият қылған ҳәдисте: «... ҳәр бир ханада жетпис дастурхан, ҳәр бир дастурханда жетпис түрли тағам. Ҳәр бир ханада жетпис қыз болып, бир түнде ҳәр бир жәннет әҳлине аталған усы муғдардағы ҳүрлерге жеткиликли болатуғын күш-қуўат инам етиледи», – делинген. Аяттағы «жаннату Адн» ибарасының буннан басқа тәфсирлери де бар. Ибн Масъуд (рз.): «Адн – бул, жәннеттиң ортасы», – деген. Фахруддин Розий (рҳ.) жуўмақлап: «Адн жәннеттеги бир белгили жердиң аты яки жәннеттиң сыпаты», – деген. Ол бир дәрьяның аты, деген тәфсир де бар (Тб. Хз.).

«Адн» жәннеттеги бир қала яки сарай болып, оның бес мың дәрўазасы бар. Оған тек пайғамбарлар, шейитлер, сыддықлар, ҳидаятқа баслаўшы басшылар киреди, деген рәўият та бар (Тр.)

Аяттың даўамында жәннеттеги барлық наз-неъматлардан да уллырақ нәрсе Аллаҳтың разылығы екени жазылған. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ бендесинен разы болса, буннан артық бахыт жоқ.

[28] 73-аят. Мәккә ҳәм Мадинадағы күпир ҳәм бузғыншылар әҳли Расул (а.с.) ҳәм мусылманларға азар бериў, турпайы мәмиле қылыў, масқаралаўда ҳәдден асқанларынан кейин оларға қарсы усындай мүнәсибет пенен жуўап қайтарыўға буйырылды. Мушрик ҳәм кәпирлер зулымына қарсы өш алыў мақсетинде саўаш қылыўға Аллаҳ тәрепинен руқсат берилди. Бирақ, еки жүзлилерге қарсы жаза белгиленбеди. Себеби, олар кеўиллеринде күпирди жасырып жүрген болса да, тиллеринде мусылманлық даўасын қылатуғын еди. Ал, Ислам сыртына қарап мәмиле қылыўға буйырады. Усындай болғаннан кейин, аяттағы буйрықты «кәпирлер менен саўаш арқалы, ал еки жүзлилер менен тартыс ҳәм ҳүжжетлер жәрдеми менен гүресиў» деп түсиниў лазым болады. Ибн Масъуд (рз.): «Олар менен алдын қол күши менен, оның илажы болмаса тил менен, оның да илажы болмаса кеўли менен, оған да имканият болмаса, олардың жүзине қабағын үйип қараў менен гүресиледи», – деген (Хз.).

Ибн Масъуд усы аяттағы «жиҳад» сөзин «тырысыў» деп тәфсир қылған. Себеби, бул жерде жиҳадты қураллы саўаш деў ушын дәлил жоқ (Тб.)

[29] 74-аят. Жете алмаған нәрселери – Муҳаммадты (а.с.) өлтириўге ҳәрекетлери еди.

[30] 80-аят. Бул аят нәзил болыўының себеби туўралы бир неше тәфсирлер бар. Мәселен, Абдуллаҳ ибн Убай Расулдың (а.с.) алдына келип, күпирдеги әкеси өлим төсегинде жатқанын айтып, оның истиғфар айтып, гүналарына кеширим сорап бериўди илтимас қылғанда усы аят нәзил болған (Мд.). Басқа тәфсир бойынша еки жүзлилердиң сыры ашылып қалғаннан кейин, олар Расулдың (а.с.) алдына келип, үзир айтып, Аллаҳтан кеширим сорап бериўди илтимас қылғанда нәзил болған (Хз.). Заҳҳактың (рҳ.) тәфсири бойынша бул аят нәзил болғаннан кейин, Расул (а.с.) жетпис мәрте истиғфар айтсам кеширмейтуғын болса, оннан көбирек айтсам ба екен, деп турғанында «Мунафиқун» сүресиниң 6-аятын нәзил етип, онда олар ушын истиғфар айтса яки айтпаса да сирә кеширилмейтуғынын билдирген (Бғ.).

[31] 81-аят. Және Табук ўақыясына тийисли аятлар баян етилмекте. Бул ҳаққында сүрениң 38–39-аятларының тәфсирине қаралсын.

[32] 88-аят. Диний термин бойынша «жиҳад» үш қыйлы болады. Бириншиси – нәпси менен гүресиў; екиншиси – шайтан менен; үшиншиси – жаў менен гүресиў. Қураны кәрийм аятларындағы «жиҳад» сөзи бул үш қыйлы душпан менен гүресиў мәнилеринде келеди. Шейитликтиң көплеген түрлери болғаны киби жиҳадтың да түрлери көп. Және «Ниса» сүреси, 95-аят тәфсирине қаралсын.

[33] 90-аят. Аяттағы «үзир айтыўшылар» ҳаққында да түрли тәфсирлер айтылған. Заҳҳак (рҳ.) олар Амир ибн Туфайл қәўиминен болып, Расулдың (а.с.) алдына келип: «Егер биз сиз бенен бирге саўашқа шықсақ, Тай қәўиминиң жигитлери келип, ҳаялларымыз ҳәм шарўаларымызға ҳүжим қылыўынан қорқамыз», – деп жалған үзир айтқан. Оларға жуўап ретинде Расул (а.с.): «Маған сизлер ҳаққыңызда Аллаҳ билдирди», – деген. Яғный, олардың жалған бәнелерин билген (Бғ.).

[34] 91-аят. Ибн Аббас (рз.) бул аяттың тәфсиринде «әззилер» дегенде созылмалы аўыр кеселлер, жүдә кекселер ҳәм саўашқа әззилик қылыўшы кимселер, деген. Басқалар балағат жасына жетпеген балалар яки ҳаяллар деп түсиник берген (Бғ. Мд.).

[35] 94-аят. Табук саўашына барыўдан бас тартып, үзир айтқан еки жүзлилердиң саны Имам Бағаўийдиң (рҳ.) тәфсири бойынша сексеннен аслам еди (Хз.).

[36] 97-аят. Усы ҳәм кейинги аятта Асад, Ғатафан ҳәм Тамим қәўимлерине тийисли саҳралылардың негизинде кәпир ҳәм еки жүзли екени баян етилмекте (Хз.).

[37] 99-аят. Бул аятта саҳралылардың ҳәммеси де жоқарыдағылардай емеслиги, ал шын ықласлы мөминлери де бар екенлиги билдирилмекте. Олар Мужаҳид (рҳ.) тәфсири бойынша, Музайна ўәлаятының Бани Муқрин қәўиминиң адамлары. Ал, Калбий (рҳ.) Аслам, Ғифар ҳәм Жуҳайна қәўимлериндеги саҳралылар, деп айтқан. Ҳәдисте былай делинеди: «Аслам, Ғифар, Жуҳайнаның бир бөлеги ҳәм Музайна қыямет күни Тамим, Асад, Ҳаўазин ҳәм Ғатафан қәўимлеринен абзал екени мәлим болады» (Бғ.).

Қала ҳәм аўылларда жасайтуғын арабқа «Ҳәй аъробий!» – делинсе қапа болады. Сондай-ақ, саҳрада жасайтуғын аъробий яки саҳралыға «Ҳәй араб!» – делинсе қуўанады екен (Хз.).

Тәфсирлерде аъробийлер қопал мәмилели, турпайы ҳәм бийҳая болыўының себеби олардың қалалылардай пазыйлетли адамлардың сәўбетинде болмағанынан.

[38] 100-аят. Олар ҳәр еки қубла – Масжиди Ақсо ҳәм Масжиди Ҳарам тәрепке қарап намаз оқыў несип болған мусылманлар яки Бадр саўашында қатнасқанлар ямаса «Ризўан» байъатында қатнасқанлар. Ҳудайбия питими дүзилген жылы мусылманлар Расул (а.с.) алдына бир-бир келип байъат, яғный ант тапсырған. Усы байъат «Ризўан байъаты» делинеди (Мд.).

Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болғаннан кейин биринши болып Хадижа анамыз, соң Әлий ибн Әбиў Талиб яки Әбиў Бәкир ямаса Зайд ибн Ҳариса ийман келтирген, делинеди. Әбиў Бәкир (рз.) 38 жаста, Ҳәзирет Әлий (рз.) 10 жаста болған. Ал, Зайд, Расулдың (а.с.) тутынған улы еди. Әбиў Бәкирдиң (рз.) үгитлеўи менен Усман, Зубайр, Абдураҳман, Саъд, Талҳа, Билал (рз.)лар исламға кирген (Хз.).

[39] 101-аят. Мадина дөгерегинде Асад, Ғатафан, Жуҳайна, Аслам, Ашжаъ, Ғифар қәўимлери жайласқан еди.

[40] * Еки рет азаплаў дегенде, олардың өлими менен қәбир азабы яки оларды шерменде қылыў менен қәбир азабы ямаса ҳәкимшилик ҳәм жынайый жаза көзде тутылады. Басқаша тәфсирлер де бар.

[41] 107-аят. Расул (а.с.) Мадинаға ҳижрат қылып келген күнлеринен баслап Қуба мешитин қурыўға кирискен. Мешит питкеннен кейин, өзи келип жәмәәт пенен намаз оқыўды баслап берген. Буны көрген 17 еки жүзли адам мусылманларға қызғаныш пенен қарап, басқа жерге өз алдына мешит қурыў ушын түрли жалған үзирлерди көрсетип, Расулдан (а.с.) руқсат алады. Ол питкеннен кейин, Шамға кеткен Әбиў Амир исимли бир раҳибтиң келиўин күтеди. Расул (а.с.) оны раҳиб емес, фасық деп атаўға буйырған еди. Кейин ала ол Расулдың (а.с.) ғарғысы менен кәпирлик ҳалында өлген. Еки жүзлилер усы фасықтың келиўи ҳәм мешитке имам болыўын күткен еди. Расулға (а.с.) мешит питкени ҳаққында хабар берип, өзи имам болып намазды баслап бериўин сораған пайытта аят нәзил болып, олардың сыры әшкара болады.

Еки жүзлилер қурған бул мешит Ислам тарийхында «Масжиди зирор», яғный «зыян келтириўши мешит» аты менен танылған. Расулдың (а.с.) өз әмекиси Әмир Ҳамзаны (рз.) өлтирип, соң исламды қабыл қылған Ўаҳший, Маан ибн Адий ҳәм басқаларды жиберип, еки жүзлилер қурған мешитти бузып, өртеп жибериў ҳәм орнын шығындыханаға айландырып қойыўды буйырған. Ал, Пайғамбарымыз (а.с.) тәрепинен Мадинаға жақын жерде қурылған Қуба мешити, ислам тарийхында биринши қурылған мешит сыпатында ҳәзирге шекем хызмет көрсетип келмекте (Лс. Мд. Хз.).

[42] 112-аят. «Саяхатшылар» дегенде ораза тутыўшылар нәзерде тутылады. Себеби, Расул (а.с.) бир ҳәдисинде: «Үмметимниң саяхаты – бул ораза» деген. Олардан мурат илим излеп жүрген талабалар яки ибрат көзи менен дүньяны бақлап жүриўши саяхатшылар болыўы да мүмкин. Ато ибн Әбиў Рабаҳ (рҳ.) олардан мурат жаўынгер ҳәм мужаҳидлер, деген (Мд. Хз.).

[43] 113-аят. Бул аят нәзил болыўының себеби бир рәўиятта Муҳаммадтың (а.с.) әмекиси Әбиў Талиб өлим төсегинде жатқанда Расул (а.с.) келсе, Әбиў Жаҳл, Абдуллаҳ ибн Умайя ҳәм басқа мушриклер де сол жерде отырған болады. Әбиў Талибке қарап: «Ҳәй әмеки! «Ләә иләҳә иллаллоҳ» деп айтың, мен Аллаҳтың алдында соны ҳүжжет қылып, Сизди шәпәәт қылайын» дегенде Әбиў Жаҳл менен Абдуллаҳ, ата-бабаларыңның дининен қайтпа, дейди. Бундай жағдай көп тәкирарланады. Ақыры Әбиў Талиб Абдулмутталиб дининде, яғный ширкте қаламан, дейди. Сонда Расул (а.с.): «Ондай болса, Аллаҳ мени қайтармағанша әмеким ҳаққында истиғфар айтып, Аллаҳтан кеширим сорайман», – деп турғанда усы аят арқалы ширк ҳәм күпир әҳлине истиғфар айтыў қадаған етилген. Әбиў Талиб ҳаққында және «Қосос» сүресиниң 56-аятында «Сиз өзиңиз сүйген адамларды ҳидаят қыла алмайсыз» делинген (Хз. Мд.).

Расул (а.с.) анасының қәбири жанында истиғфарға руқсат күтип отырғанда нәзил етилген, деген рәўият та бар (Хз.).

[44] 118-аят. Үш адам – Каъб ибн Мәлик, Мирора ибн ар-Робиъ, Ҳилал ибн Умайя болып, олардың ҳәммеси мадиналы ансорлардан. Олар Табук сапарынан үзирсиз қалған мусылманлар еди. Олар ҳаққындағы тәфсир ҳәм тарийх китапларында келген қыссалар тийкарынан Каъб ибн Мәлик айтып берген ўақыялар тийкарында жазып келинген. Оның сөзи бойынша, Табук сапарынан қалғаны ушын пушайман ҳәм қысынып жүргенде Расул (а.с.) сапардан келеди. Алдына көпшилик келип, Табук атланысына бара алмағаны ушын шын ҳәм жалған үзирлерин айтар еди. Каъб та барып Расулға (а.с.) үзирсиз бола турып үйде қалғанын тән алып, өзиниң тәғдири ҳаққында сорағанда ол Аллаҳтан ўаҳий келгенше меннен узағырақ жүре тур, дейди. Расул (а.с.) Каъбтың сәлемин әлик те алмай қояды. Буны көрген басқа мусылманлар да оның менен улыўма сөйлеспей қояды. Еки шериги – Мирора менен Ҳилал да тап сондай ҳалатта үйлеринде пушайман болып, жылап отырады. Арадан 40 яки 50 күн өткеннен кейин, усы аят нәзил болады. Мусылманлар буннан шадланып, барып оны қутлықлайды. Расулдың (а.с.) алдына келип, өзинен де бул хабарды еситкеннен кейин, сүйиншисине бар байлығын садақа қылып жибермекши болғанда Расул (а.с.) оған: «Өзиңе де бир бөлегин алып қал!» – деп буйырады (Хз. Лс.).

[45] 123-аят. Ибн Аббас (рз.) Қурайза, Назир, Хайбарға уқсас Мадинаға жақын жерлерден баслаў нәзерде тутылған, деген. Ибн Умар (рз.) Румға қараслы Шам Мадинаға Иракқа қарағанда жақынырақ, дейди. Айырым уламалар бул аят бәрше мушриклерге қарсы гүресиўге буйырылғаннан кейин бийкар етилген, десе, басқа муҳаққиқ алымлар, бийкар етилмеген, ал жақындағылардан баслап, әсте-ақырын узақтағыларға өтиў жолы көрсетилмекте, деген.

[46] 128-аят. Ибн Аббас (рз.): «Муҳаммадтың (а.с.) шығысы менен тутаспайтуғын араб қәўиминен шыққан ҳеш пайғамбар жоқ», – деген. Ҳәдисте: «Мениң нәсилиме жәҳилият әдетлери араласпаған. Ата-бабаларымның ҳәммеси исламдағы неке қағыйдаларына муўапық рәўиште мениң дүньяға келиўиме себепши болған», – деген (Бғ.).

Ақырғы еки аят Қуранның ең ақырғы нәзил болған аятлары деген рәўият бар (Тб.).